Введение Биринши бап
1:1 Ең баста Сөз бар еди. Сөз Қудай менен бирге еди. Сөз Қудай еди. 2 Ең бастан-ақ Ол Қудай менен бирге еди. 3 Ҳәмме нәрсе Ол арқалы жаратылды. Олсыз ҳеш нәрсе жаратылған емес. 4 Онда өмир бар еди. Өмир адамлардың нуры еди. 5 Нур қараңғылықта жарқырайды, қараңғылық оны жеңе алмады. 6 Қудай тәрепинен жиберилген Яқыя атлы бир адам бар еди. 7 Ол нур ҳаққында гүўалық бериўге ҳәм ҳәмме ол арқалы исениўи ушын келди. 8 Оның өзи нур емес еди, бирақ ол нур ҳаққында гүўалық бериўге жиберилген еди. 9 Ҳәмме адамды жақты қылатуғын ҳақыйқый нур дүньяға келди. 10 Сөз дүньяда еди. Дүнья Ол арқалы жаратылған еди, бирақ дүнья Оны танымады. 11 Өз жерине келди, бирақ Өз халқы Оны қабыл етпеди. 12 Бирақ Ол Өзин қабыл еткенлерге, атына исенгенлердиң ҳәммесине Қудайдың балалары болыў ҳуқықын берди. 13 Олар қаннан да, денениң қәлеўинен де, я адамның қәлеўинен де емес, ал Қудайдан туўылды. 14 Сөз адам болып арамызда жасады. Бизлер Оның уллылығын, Әкеден келген, мийрим ҳәм ҳақыйқатқа толы болған жалғыз Улдың уллылығын көрдик. 15 Яқыя Ол ҳаққында бәлент даўыс пенен гүўалық берип былай деди: – «Мениң изимнен Келиўши меннен уллы. Себеби Ол меннен бурын бар еди», – деп айтқан Адамым – Усы. 16 Оның толылығынан ҳәммемиз мийрим үстине мийрим алдық. 17 Өйткени Мухаддес Нызам Муўса арқалы берилген еди, бирақ мийрим ҳәм ҳақыйқат Ийса Масих арқалы келди. 18 Ҳеш ким ҳеш қашан Қудайды көрген емес. Бирақ Оны Әкениң қушағындағы Өзи Қудай болған жалғыз Ул танытты.Шомылдырыўшы Яқыяның гүўалығы 19 Яҳудий басшылары Ерусалимнен руўханийлер менен лебийлилерди жиберип, Яқыядан: «Сен кимсең?» деп сорағанда, оның гүўалығы мынадай болды. 20 Ол тән алды, танбады. «Мен Масих емеспен», – деп ашық мойынлады. 21 Олар және Яқыядан: – Ондай болса, сен кимсең? Илияссаң ба? – деп сорады. – Ол емеспен, – деди Яқыя. – Сен сол пайғамбармысаң? – деп сорады олар. – Яқ, – деп жуўап берди ол. 22 Сонда олар Яқыяға: – Кимсең, айт, бизлерди жибергенлерге бир жуўап берейик. Өзиң ҳаққында не дейсең? – деди. 23 Яқыя: – Ийшая пайғамбардың айтқанындай: «Ийемиздиң жолын дүзетиңлер» , – деп шөлде бақырған даўыспан, – деди. 24 Парисейлерден жиберилгенлер Яқыядан: – Егер сен Масих, Илияс, я сол пайғамбар болмасаң, сонда неге адамларды шомылдырып жүрсең? – деп сорады. 26 Яқыя оларға былай деп жуўап берди: – Мен суў менен шомылдыраман, бирақ араңызда сизлер танымайтуғын Биреў турыпты. 27 Меннен соң киятырған Адам – Усы. Мен Оның аяқ кийиминиң баўын шешиўге де ылайықлы емеспен. 28 Булардың ҳәммеси Иордан дәрьясының арғы жағасындағы Бетанияда, Яқыяның шомылдырып жүрген жеринде болды.
Қудайдың Қозысы
29 Ертеңине Яқыя өзине қарай киятырған Ийсаны көргенде былай деди: – Мине, Бул – дүньяның гүнасын Өзине алатуғын Қудайдың Қозысы! 30 «Меннен кейин бир Адам киятыр. Ол меннен уллы. Себеби Ол меннен бурын бар еди», – деп айтқаным Усы. 31 Мениң өзим Оны билмейтуғын едим, бирақ Израилдың Оны таныўы ушын мен суў менен шомылдырыўға келдим. 32 Яқыя гүўалық берип және былай деди: – Мухаддес Руўхтың кептер сыяқлы аспаннан түсип, Оның үстинде турғанын көрдим. 33 Мен Оны билмейтуғын едим. Бирақ, мени суў менен шомылдырыў ушын жиберген Қудай маған: «Мухаддес Руўхтың түсип, кимниң үстинде турғанын көрсең, Мухаддес Руўх пенен шомылдыратуғын Сол», – деген еди. 34 Мен буны көрип: «Бул – Қудайдың Улы» деп гүўалық бердим.
Ийсаның дәслепки шәкиртлери
35 Ертеңине Яқыя және шәкиртлериниң екеўи менен бирге турған еди. 36 Ол өтип баратырған Ийсаны көрип: – Мине, Қудайдың Қозысы! – деди. 37 Еки шәкирт оның бул сөзлерин еситип, Ийсаның изине ерди. 38 Ийса артына бурылып, изинен киятырғанларды көргенде, олардан: – Не излеп жүрсизлер? – деп сорады. – Қай жерде жасайсаң, Рәбби? – деди олар. (Рәбби – «устаз» дегенди билдиреди.) 39 – Келип көриңлер, – деди Ийса. Олар барып, Ийсаның қай жерде жасайтуғынын көрди ҳәм сол күни Оның менен қалды. Саат төртлер шамасында еди. 40 Яқыяның сөзлерин еситип, Ийсаның изине ерген еки адамның бири Симон Петрдиң туўысқаны Андрей еди. 41 Андрей дәслеп өз туўысқаны Симонды излеп таўып, оған: – Бизлер Масихты таптық, – деди. (Масих – Қудай ўәде еткен Қутқарыўшы.) 42 Андрей оны Ийсаға алып келди. Ийса оған қарап: – Сен Юнус улы Симонсаң. Сен Кифа деп аталасаң, – деди. (Кифа – Петр, яғный «тас» дегенди аңлатады.) 43 Келеси күни Ийса Галилаға бармақшы болды. Филипти таўып, оған: – Изиме ер, – деди. 44 Филип те Андрей менен Петр сыяқлы Бетсайда қаласынан еди. 45 Филип Натаниелди таўып, оған: – Бизлер Муўса Мухаддес Нызамда, пайғамбарлар да Жазыўларында жазған Адамды, Юсуптың Улы, Насыралы Ийсаны таптық, – деди. 46 Натаниел оған: – Насырадан жақсы нәрсе шығар ма еди? – деди. – Келип көр, – деди Филип. 47 Ийса Натаниелдиң Өзине жақынласып киятырғанын көрип, ол ҳаққында былай деди: – Мине, ишинде ҳийлеси жоқ, нағыз израиллы. 48 Натаниел Ийсадан: – Мени қаяқтан таныйсаң? – деп сорады. – Филип сени шақырмастан бурын, сени әнжир ағашының астында көрдим, – деп жуўап берди Ийса. 49 Натаниел Ийсаға: – Устаз, Сен Қудайдың Улысаң, Сен Израилдың Патшасысаң! – деди. 50 Ийса оған: – Сени әнжир ағашының астында көргенимди айтқаным ушын исенип атырсаң ба? Булардан да уллы ислерди көресең! – деди. 51 Ийса және: – Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: аспан ашылғанын, Қудайдың периштелериниң Адам Улының жоқарысында минип-түскенлерин көресизлер, – деди.
Ийсаның биринши кәраматы
2:1 Еки күн өткеннен соң, Галиланың Кана қаласында үйлениў тойы болды. Ийсаның анасы сол жерде еди. 2 Ийса менен шәкиртлери де тойға мирәт етилген еди. 3 Шарап таўсылғанда, Ийсаның анасы Оған: – Олардың шарабы таўсылды, – деди. 4 Ийса оған: – Апа, бул Мениң жумысым емес. Мениң ўақтым еле келген жоқ, – деди. 5 Ийсаның анасы хызметшилерге: – Ол сизлерге не десе де, соны ислеңлер, – деди. 6 Сол жерде диний әдет бойынша яҳудийлер тазаланыў ушын қолланатуғын, ҳәр қайсысы шама менен жүз литр алатуғын алты тас гүзе бар еди. 7 Ийса хызметшилерге: – Гүзелерди суўға толтырыңлар, – деди. Олар гүзелерди аўзына дейин толтырды. 8 Сонда Ийса хызметшилерге: – Енди буннан алып, той басқарыўшыға апарыңлар, – деди. Олар алып барды. 9 Той басқарыўшы шарапқа айланған суўды татып көрди. Оның қаяқтан келгенин билмеди, тек алып келген хызметшилер ғана билетуғын еди. Той басқарыўшы күйеўди шақырып: 10 – Ҳәр бир адам алдын жақсы шарапты, адамлар мәс болғаннан соң пәсирегин береди. Бирақ сен жақсы шарапты ҳәзирге дейин сақлапсаң-ғо, – деди. 11 Ийса бул биринши кәраматын Галиланың Кана қаласында ислеп, Өз уллылығын көрсетти. Шәкиртлери де Оған исенди. 12 Буннан кейин Ийса анасы, туўысқанлары ҳәм шәкиртлери менен Капарнаҳум қаласына келди ҳәм ол жерде бир неше күн қалды.
Ийсаның Ибадатханадан сатыўшыларды қуўыўы
13 Яҳудийлердиң Қутқарылыў байрамы жақынласып қалғанда, Ийса Ерусалимге кетти. 14 Ибадатханада ири қара мал, қой ҳәм кептер сатыўшыларды, сол жерде отырған ақша алмастырыўшыларды көрди. 15 Ийса арқаннан қамшы ислеп, қойлар менен ири қара малға қосып ҳәммесин Ибадатханадан қуўып шығарды. Ақша алмастырыўшылардың ақшаларын шашып, столларын аўдарып таслады. 16 Ол кептер сатыўшыларға: – Мыналарды бул жерден жоқ етиңлер, Әкемниң үйин базарға айландырмаңлар! – деди. 17 Сонда шәкиртлери: «Сениң үйиңе болған қызғанышым Мени жеп жиберди» , – деп айтылған Мухаддес Жазыўдағы аятты еслерине түсирди. 18 Яҳудий басшылары Ийсадан: – Буларды ислеўге бийлигиң бар екенин бизлерге қандай кәраматлы белги менен дәлиллей аласаң? – деп сорады. 19 Ийса оларға жуўап берип: – Бул Ибадатхананы бузыңлар, Мен оны үш күнниң ишинде қайта тиклеймен, – деди. 20 Олар Ийсаға: – Бул Ибадатхана қырық алты жылда қурылған, Сен оны үш күнниң ишинде тиклемекшимисең? – деди. 21 Бирақ Ийсаның Ибадатхана деп айтқаны Өз денеси еди. 22 Ийса өлимнен қайта тирилгеннен соң, шәкиртлери Оның бул сөзлерин еслерине түсирип, Мухаддес Жазыўға ҳәм Ийсаның бул сөзине исенди. 23 Ийса Ерусалимде, Қутқарылыў байрамында болғанда, көплер Ол ислеген кәраматларды көрип, Оның атына исенди. 24 Бирақ Ийса ҳәмме адамлардың кеўиллерин билгенликтен, оларға исенбеди. 25 Оған адам ҳаққында ҳеш кимниң гүўалығының ҳәжети жоқ еди. Өйткени адамның кеўлинде не бар екенин Ол билетуғын еди.
Ийса ҳәм Никодим
3:1 Парисейлер арасында яҳудий басшыларының бири болған Никодим атлы бир адам бар еди. 2 Ол бир күни түнде Ийсаға келип, Оған: – Устаз, Сениң Қудайдан келген бир муғаллим екениңди билемиз. Себеби ҳеш ким Қудай оның менен бирге болмаса, Сен ислеп атырған кәраматларды ислей алмайды, – деди. 3 Ийса оған: – Саған шынын, ҳақыйқатын айтаман: ким де ким қайтадан туўылмаса, Қудайдың Патшалығын көре алмайды, – деп жуўап берди. 4 Никодим Ийсадан: – Қартайған адам қалай қайтадан туўыла алады? Ол анасының қурсағына екинши мәрте кирип, қайтадан туўыла ала ма? – деп сорады. 5 Ийса оған жуўап берип былай деди: – Саған шынын, ҳақыйқатын айтаман: ким де ким суўдан ҳәм Мухаддес Руўхтан туўылмаса, Қудай Патшалығына кире алмайды. 6 Денеден туўылған – дене, Мухаддес Руўхтан туўылған – руўх болады. 7 Саған: «Қайтадан туўылыўың керек», – дегениме ҳайран қалма. 8 Самал қәлеген жеринде еседи, оның даўысын еситесең, бирақ қаяқтан келип, қаяққа кететуғынын билмейсең. Мухаддес Руўхтан туўылған ҳәр бир адам да усындай. 9 Никодим Ийсадан: – Бул қалай болыўы мүмкин? – деп сорады. 10 Ийса оған былай деп жуўап берди: – Сен Израилдың устазы бола тура, усыларды билмейсең бе? 11 Саған шынын, ҳақыйқатын айтаман: бизлер билгенимизди сөйлеймиз, көргенимиз ҳаққында гүўалық беремиз. Ал сизлер бизлердиң гүўалығымызды қабыл етпей атырсызлар. 12 Сизлерге жердеги нәрселер ҳаққында айтқанымда исенбесеңлер, аспандағы нәрселер ҳаққында айтсам, қалай исенесизлер? 13 Аспаннан келген Адам Улынан басқа ҳеш ким аспанға шыққан емес. 14 Муўсаның шөлде жыланды жоқары көтергени сыяқлы, Адам Улы да жоқары көтерилиўи тийис. 15 Сонлықтан Оған исенген ҳәр бир адам мәңгилик өмирге ийе болады. 16 Себеби Қудай бул дүньяны соншелли сүйгенликтен, Өзиниң жалғыз Улын берди. Оның Улына исенген ҳәр бир адам набыт болмай, мәңгилик өмирге ийе болады. 17 Қудай Улын бул дүньяны ҳүким етиў ушын емес, ал дүньяны Ол арқалы қутқарыў ушын жиберди. 18 Оған исенген адам ҳүким етилмейди. Ал исенбеген адам әлле қашан ҳүким етилген, өйткени ол Қудайдың жалғыз Улының атына исенбеди. 19 Ҳүким мынадан ибарат: дүньяға нур келди, бирақ адамлардың ислери жаман болғанлықтан, олар нурға қарағанда қараңғылықты жақсы көрди. 20 Жаманлық ислеўши ҳәр бир адам нурды жек көреди ҳәм ислери әшкара болмаўы ушын, нурға келмейди. 21 Бирақ ҳақ ис ислеўши адам ислериниң Қудай алдында исленгени көринсин деп, нурға келеди.
Ийса ҳәм Яқыя
22 Буннан соң, Ийса шәкиртлери менен Яҳудияға келди. Бир неше ўақыт олар менен бирге сол жерде қалып, адамларды шомылдырды. 23 Яқыя да Салимниң қасындағы Айнонда шомылдырып жүрди, себеби ол жерде суў мол еди. Адамлар келип, шомылдырылатуғын еди. 24 Өйткени Яқыя еле қамалмаған еди. 25 Сонда Яқыяның шәкиртлери менен бир яҳудий арасында диний әдет бойынша тазаланыў ҳаққында тартыс пайда болды. 26 Олар Яқыяға келип: – Устаз, Иордан дәрьясының арғы жағасында сениң менен бирге болған, сен гүўалық берген Адам бар-ғо, Сол шомылдырып жүрипти. Ҳәмме адам Оған бармақта, – деди. 27 Яқыя былай деп жуўап берди: – Қудайдан берилмесе, адам өзине ҳеш нәрсе ала алмайды. 28 «Мен Масих емеспен, мен тек Оның алдынан жиберилгенмен», – деп айтқаныма сизлер гүўасызлар. 29 Келиншек кимге тийисли болса, сол күйеў болады. Бирақ күйеўди тыңлап турған досты оның даўысын еситип, қатты қуўанады. Мен де сондай қуўанышқа толдым. 30 Оның уллыланыўы, ал мениң пәсейиўим тийис. 31 Жоқарыдан келген ҳәммеден уллы. Жерден болған жерге тийисли ҳәм жердеги нәрселер ҳаққында сөйлейди. Ал аспаннан келген ҳәммеден уллы. 32 Ол көргени ҳәм еситкени ҳаққында гүўалық береди, бирақ гүўалығын ҳеш ким қабыл етпейди. 33 Оның гүўалығын қабыл еткен Қудайдың ҳақ екенин тастыйықлайды. 34 Қудай тәрепинен жиберилген Қудайдың сөзлерин сөйлейди. Себеби Қудай Руўхын өлшеўсиз береди. 35 Әке Өз Улын сүйеди ҳәм ҳәмме нәрсени Оның қолына тапсырған. 36 Улға исенген адам мәңгилик өмирге ийе болады. Улды тыңламаған адам өмир көрмейди, ал Қудайдың ғәзеби оның үстинде қалады.
Ийса ҳәм самариялы ҳаял
4:1 Парисейлер Ийсаның Яқыяға қарағанда көп шәкирт арттырып, оларды шомылдырып жүргенин еситти. Ҳақыйқатында Ийсаның Өзи емес, ал шәкиртлери шомылдыратуғын еди. Ийемиз Ийса буны билгенде Яҳудиядан шығып, және Галилаға кетти. 4 Баратырып, Самария арқалы өтиўи керек еди. 5 Солай етип, Ол Самарияның Сихар деп аталған қаласына келди. Бул қала Яқыптың өз баласы Юсупке берген жерине жақын еди. 6 Сол жерде Яқыптың қудығы да бар еди. Ийса жол жүрип шаршағанлықтан, қудықтың қасында отырды. Саат он екилер шамасында еди. 7 Сол ўақытта самариялы бир ҳаял суў алыўға келди. Ийса оған: – Маған ишиўге суў бер, – деди. 8 Ал Ийсаның шәкиртлери азық-аўқат сатып алыў ушын қалаға кеткен еди. 9 Самариялы ҳаял: – Сен яҳудийсең, ал мен самариялы ҳаялман. Қалай меннен суў сорап турсаң? – деди. Өйткени яҳудийлер самариялылар менен қарым-қатнас жасамайды. 10 Ийса ҳаялға: – Егер сен Қудайдың сыйын ҳәм «Маған ишиўге суў бер», – деп айтып турғанның ким екенин билгениңде, сениң өзиң Оннан сорар едиң, Ол саған тири суў берер еди, – деп жуўап берди. 11 – Мырза! Сенде суў алатуғын ҳеш нәрсе жоқ-ғо, қудық болса терең. Сен тири суўды қаяқтан аласаң? 12 Сен бул қудықты бизлерге берген, өзи де, балалары да, маллары да оннан суў ишкен, бабамыз Яқыптан уллымысаң? – деди ҳаял. 13 Ийса ҳаялға былай деп жуўап берди: – Бул суўдан ишкен ҳәр бир адам және шөллейди. 14 Бирақ Мен беретуғын суўдан ишкен ҳәр бир адам мәңгиге шөллемейди. Керисинше, Мен беретуғын суў оның ишинде мәңгилик өмир беретуғын тири булаққа айланады. 15 Ҳаял Ийсаға: – Мырза, енди шөллемеўим ушын ҳәм суў алыўға бул жерге келмеўим ушын, усы суўдан маған бер, – деди. 16 – Барып, күйеўиңди бул жерге шақырып кел, – деди Ийса. 17 Ҳаял Оған: – Мениң күйеўим жоқ, – деп жуўап берди. – Күйеўим жоқ деп, сен дурыс айттың. 18 Сениң бес күйеўиң болды. Ҳәзир бирге жасап атырған адамың да күйеўиң емес. Буны сен дурыс айттың, – деди Ийса. 19 Ҳаял Оған: – Мырза, Сениң пайғамбар екениңе көзим жетип тур. 20 Ата-бабаларымыз бул таўда сыйынды, бирақ сизлер: «Сыйыныўға тийисли жер Ерусалимде», – дейсизлер, – деди. 21 Ийса оған былай деди: – Ҳаял, Маған исен, Қудай Әкеге бул таўда да, Ерусалимде де сыйынбайтуғын ўақыт киятыр. 22 Сизлер билмейтуғыныңызға сыйынасызлар, ал бизлер билетуғынымызға сыйынамыз. Себеби қутқарылыў яҳудийлерден. 23 Бирақ, ҳақыйқый сыйыныўшылардың Қудай Әкеге руўх ҳәм ҳақыйқатлық пенен сыйынатуғын ўақты келеди. Әне, сол ўақыт ҳәзир келди. Қудай Әке де Өзине усылай сыйынатуғынларды излеп атыр. 24 Қудай – Руўх, Оған сыйынатуғынлар да руўх ҳәм ҳақыйқатлық пенен сыйыныўы тийис. 25 Ҳаял Ийсаға: – Қутқарыўшы Масихтың келетуғынын билемен. Ол келгенде, бизлерге ҳәммесин билдиреди, – деди. 26 Ийса оған: – Сениң менен сөйлесип турған Мен – Солман, – деди. 27 Сол ўақытта Ийсаның шәкиртлери келди ҳәм Оның бир ҳаял менен сөйлесип турғанын көрип, ҳайран қалысты. Бирақ олардың ҳеш қайсысы: «Сен оннан не сорап турсаң?» ямаса «Оның менен неге сөйлесип турсаң?» – деп сорамады. 28 Сонда ҳаял гүзесин қалдырып, қалаға кетти ҳәм адамларға: 29 – Келиңлер, маған ислеген ислеримниң ҳәммесин айтып берген Адамды көриңлер. Ол Масих емес пе екен? – деди. 30 Адамлар қаладан шығып, Ийсаға қарай жүрди. 31 Соның арасында шәкиртлери Ийсадан өтинип: – Устаз, аўқат же! – деди. 32 Бирақ Ийса оларға: – Менде сизлер билмейтуғын аўқат бар, – деди. 33 Шәкиртлер бир-бирине: – Мүмкин, биреў Оған аўқат әкелген шығар? – дести. 34 Бирақ Ийса оларға былай деди: – Мениң аўқатым – Мени Жибергенниң еркин орынлаў ҳәм Оның исин тамамлаў. 35 Сизлер: «Жыйын-теримге еле төрт ай бар», – деп айтпайсызлар ма? Бирақ, сизлерге айтатуғыным: көзлериңизди ашып, егинликке қараңлар. Олар писип жетилисип, жыйын-теримге таяр тур. 36 Орақшы өз ҳақын алады ҳәм мәңгилик өмир ушын зүрәәт жыйнайды. Солай етип, еккен де, орған да бирге қуўанады. 37 «Биреўи егеди, басқасы орады», – деген нақыл усыған туўры келеди. 38 Мен сизлерди өзлериңиз мийнет етпеген зүрәәтти орыўға жибердим. Басқалар мийнет еткен еди, ал сизлер олардың мийнетиниң зүрәәтин алдыңлар.
Самариялылардың Ийсаға исениўи
39 «Ол маған ислеген ислеримниң ҳәммесин айтып берди», – деген ҳаялдың гүўалығы себепли, сол қаладағы самариялылардың көбиси Ийсаға исенди. 40 Сонлықтан самариялылар Ийсаға келип, өзлери менен қалыўды өтинди. Ол сол жерде еки күн қалды. 41 Ийсаның сөзин еситип, және де көбирек адамлар исенди. 42 Олар ҳаялға: – Бизлер енди сениң сөзлериң себепли емес, ал Оның сөзлерин өзлеримиз еситип, Оның ҳақыйқаттан да дүньяның Қутқарыўшысы екенин билип, исенемиз, – дести.
Ийсаның патша хызметкериниң улына шыпа бериўи
43 Еки күн өткеннен соң, Ийса сол жерден шығып, Галилаға кетти. 44 Ийсаның Өзи: «Пайғамбар өз ўатанында қәдирсиз», – деп айтқан еди. 45 Ол Галилаға келгенде, галилалылар Оны жыллы жүзлик пенен қабыл алды. Өйткени олар да Ерусалимдеги Қутқарылыў байрамына барып, Ийсаның сол жерде ислеген барлық ислерин көрген еди. 46 Ийса және Өзи суўды шарапқа айландырған Галиланың Кана қаласына келди. Сол жерде патшаның бир хызметкери болып, оның улы Капарнаҳумда аўырып атырған еди. 47 Ол Ийсаның Яҳудиядан Галилаға келгенин еситип, Оған барды. Келип, өлим төсегинде жатырған улына шыпа бериўди Ийсадан өтинди. 48 Ийса оған: – Сизлер кәраматлы белгилерди ҳәм таң қаларлық нәрселерди көрмегенше исенбейсизлер, ә! – деди. 49 Патша хызметкери Ийсаға: – Мырза, улым өлип қалмастан бурын келе гөр! – деди. 50 Ийса оған: – Бар, улың жасайды, – деди. Ол адам Ийсаның сөзине исенип, кетти. 51 Жолда киятырғанда оны хызметшилери қарсы алып, оған баласының тири қалғанын айтты. 52 Ол хызметшилеринен баласының аўҳалының саат нешеде жеңиллескенин сорағанда, олар: – Кеше түски саат бирде ыссылығы түсти, – дести. 53 Сонда баланың әкеси буның: «Улың жасайды», – деп Ийса айтқан ўақытта болғанын билип, оның өзи ҳәм шаңарағындағылардың ҳәммеси исенди. 54 Бул – Ийсаның Яҳудиядан Галилаға келгеннен соң ислеген екинши кәраматы еди.
Ҳәўиздеги ләңниң шыпа табыўы
5:1 Буннан соң, яҳудийлердиң бир байрамы болып, Ийса Ерусалимге кетти. 2 Ерусалимдеги Қой дәрўазасы қасында еврейше Бейтеста деп аталған бес айўанлы бир ҳәўиз бар еди. 3 Бул жерде соқыр, ақсақ ҳәм ләң болған жүдә көп кесел адамлар жататуғын еди. 5 Сол жерде отыз сегиз жылдан бери кесел болған бир адам бар еди. 6 Ийса оның жатырғанын көргенде, узақ ўақыттан бери усы аўҳалда екенин билип, оннан: – Тәўир болыўды қәлейсең бе? – деп сорады. 7 Кесел адам Оған: – Мырза, суў қозғалғанда, мени ҳәўизге түсиретуғын ҳеш кимим жоқ. Мен бараман дегенше, басқа адам меннен бурын түсип алады, – деди. 8 Ийса оған: – Орныңнан тур, төсегиңди ал да, жүр, – деди. 9 Ол адам сол ўақытта-ақ шыпа тапты ҳәм төсегин алып жүрип кетти. Бул дем алыс күни еди. 10 Сонлықтан яҳудий басшылары шыпа тапқан адамға: – Бүгин дем алыс күни-ғо, төсегиңди алып жүриўге болмайды, – деди. 11 Бирақ, сол адам оларға былай деп жуўап берди: – Маған шыпа берген Адам: «Төсегиңди ал да, жүр», – деди. 12 – Саған: «Төсегиңди ал да, жүр», – деген Адам ким? – деп сорады олар. 13 Ал шыпа тапқан адам Оның ким екенин билмейтуғын еди. Себеби Ийса сол жердеги халықтың арасында көринбей қалған еди. 14 Соңынан Ийса сол адамды Ибадатханада ушыратып қалды ҳәм оған: – Мине, сен шыпа таптың. Саған және де жаманырақ нәрсе болмаўы ушын, буннан былай гүна ислеме, – деди. 15 Сол адам барып, өзине шыпа берген Адамның Ийса екенин яҳудий басшыларына айтып берди. 16 Сонлықтан бундай ислерди дем алыс күни ислегени ушын, яҳудий басшылары Ийсаны қуўдалай баслады. 17 Бирақ Ийса оларға былай деп жуўап берди: – Әкем усы күнге дейин мийнет етип киятыр, Мен де мийнет етип атырман. 18 Сол себепли яҳудий басшылары Оны өлтириў ушын және де көбирек ҳәрекет етти. Өйткени Ол тек дем алыс күнин бузып ғана қоймай, Қудайды Әкем деп, Өзин Қудайға теңлестирген еди.
Қудай Улының бийлиги
19 Ийса яҳудийлерге былай деди: – Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: Ул Әкениң қылған ислерин көрмегенше, Өзлигинен ҳеш нәрсе ислей алмайды. Әке нени ислесе, Улы да соны ислейди. 20 Себеби Әке Улын сүйеди ҳәм ислегенлериниң ҳәммесин Оған көрсетеди. Сизлерди ҳайран қалдыратуғын булардан да уллырақ ислерди Оған көрсетеди. 21 Әкениң өлилерди тирилтип, оларға өмир бергени сыяқлы, Улы да қәлеген адамына өмир береди. 22 Әке ҳеш кимди ҳүким қылмайды, Ол пүткил ҳүкимди Улына тапсырған. 23 Солай етип, ҳәмме адам Әкени ҳүрмет еткени сыяқлы, Улды да ҳүрмет етсин. Улды ҳүрмет етпеген Оны жиберген Әкени де ҳүрмет етпеген болады. 24 Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: Мениң сөзлеримди тыңлап, Мени Жибергенге исенген адамда мәңгилик өмир бар. Ол ҳүким етилмей, өлимнен өмирге өтти. 25 Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: өлилердиң Қудайдың Улының даўысын еситетуғын ўақты келеди ҳәм ол ҳәзир келди де. Оның даўысын еситкенлер тириледи. 26 Өйткени Әкениң Өзи өмирдиң тийкары болғаны сыяқлы, Улдың Өзине де өмирдиң тийкары болыўды рухсат етти. 27 Оған ҳүким етиў бийлигин де берди. Себеби Ол – Адам Улы. 28 Буған ҳайран қалмаңлар. Қәбирдегилердиң ҳәммесиниң Оның даўысын еситетуғын ўақты киятыр. 29 Олар қәбирлерден шығады. Жақсылық қылғанлар жасаў ушын, жаманлық қылғанлар ҳүким етилиў ушын қайта тириледи. 30 Мен Өзлигимнен ҳеш нәрсе ислей алмайман. Қалай еситсем, солай ҳүким қыламан ҳәм Мениң ҳүкимим әдил. Өйткени Мен Өз еркимди емес, ал Мени жиберген Әкемниң еркин орынлаўға тырысаман. 31 Егер Мен Өзим туўралы Өзим гүўалық берсем, гүўалығым ҳақыйқый болмайды. 32 Бирақ Мен туўралы гүўалық бериўши басқа Биреў бар, Оның Мен туўралы берип атырған гүўалығының ҳақыйқат екенин билемен. 33 Сизлер Яқыяға адамларды жибердиңлер, ол ҳақыйқат ҳаққында гүўалық берди. 34 Мен адамның гүўалығына мүтәж болмасам да, буларды сизлердиң қутқарылыўыңыз ушын айтып атырман. 35 Яқыя – жанып, нур шашып турған шыра еди. Сизлер оның нурында аз ўақыт қуўаныўды қәледиңлер. 36 Бирақ Менде Яқыяникинен уллырақ гүўалық бар. Себеби Әкемниң Маған орынлаўым ушын тапсырған ислери, усы ислеп атырған ислеримниң өзи Мени Әкемниң жибергени ҳаққында гүўалық берип атыр. 37 Мени жиберген Әкемниң Өзи Мен туўралы гүўалық берип тур. Сизлер ҳеш қашан Оның даўысын да еситпегенсизлер, жүзин де көрмегенсизлер. 38 Оның сөзлери де сизлерде жай алмайды, өйткени сизлер Оның Жибергенине исенбей атырсызлар. 39 Сизлер Мухаддес Жазыўларды изертлейсизлер, себеби олар арқалы мәңгилик өмирге ийе боламыз, деп ойлайсызлар. Ал олар Мен туўралы гүўалық береди. 40 Бирақ сизлер мәңгилик өмирге ийе болыў ушын, Маған келиўди қәлемейсизлер-ғо. 41 Мен адамлардан мақтаў қабыл қылмайман. 42 Бирақ сизлерди билемен, кеўиллериңизде Қудайдың сүйиспеншилиги жоқ. 43 Мен Әкемниң атынан келсем де, Мени қабыл етпей атырсызлар. Егер басқа биреў өз аты менен келсе, оны қабыл етесизлер. 44 Сизлер бир-бириңизден мақтаў еситиўди жақсы көресизлер, бирақ жалғыз Қудайдың мақтаўына ерисиўге умтылмайсызлар. Олай болса, Маған қалай исене аласызлар? 45 Мени Әкемниң алдында сизлерди айыплайды, деп ойламаңлар. Сизлерди айыплаўшы өзлериңиз үмит ететуғын Муўса болады. 46 Муўсаға исенгениңизде, Маған да исенер едиңлер. Өйткени ол Мен туўралы жазған еди. 47 Бирақ Муўсаның Жазыўларына исенбесеңлер, Мениң сөзлериме қалай исенесизлер?
Ийсаның бес мың адамды тойғызыўы
6:1 Буннан соң, Ийса Галила, яғный Тиберия теңизиниң арғы жағасына өтти. 2 Оның аўырыўларға ислеген кәраматларын көргенликтен, көп халық изине ерди. 3 Ийса таўға шығып, шәкиртлери менен бирге сол жерде отырды. 4 Яҳудийлердиң Қутқарылыў байрамы жақынлап қалған еди. 5 Ийса басын көтерип, Өзине қарай көп халықтың киятырғанын көрип, Филиптен: – Бул адамларға жегизиў ушын нанды қаяқтан сатып аламыз? – деп сорады. 6 Ийса бул гәпти оны сынаў ушын айтты. Себеби Ол не ислейжақ екенин Өзи билетуғын еди. 7 Филип Оған: – Олардың ҳәр бирине аз-маз берсек те, еки жүз динарлық нан жетпейди-ғо, – деп жуўап берди. 8 Шәкиртлеринен бири, Симон Петрдиң туўысқаны Андрей Ийсаға: 9 – Бул жерде бир балада бес арпа наны менен еки балық бар. Бирақ усыншама адам ушын булар не болады? – деди. 10 Ийса: – Халықты жерге отырғызыңлар, – деди. Ол жерде шөп көп болғанлықтан, бес мыңға шамалас ер адам жерге жамбаслады. 11 Сонда Ийса нанларды алып, Қудайға шүкирлик етти де, отырғанларға үлестирип берди. Сол сыяқлы, оларға балықларды да қәлегенинше бөлип берди. 12 Ҳәмме жеп тойғанда, Ийса шәкиртлерине: – Аўысқан бөлеклерин жыйнап алыңлар, ҳеш нәрсе зая болмасын, – деди. 13 Солай етип, шәкиртлер адамлар жеген бес арпа нанынан аўысқан бөлеклерди жыйнап, үлкен он еки себет толтырды. 14 Халық Ийсаның ислеген кәраматын көрип: – Ҳақыйқаттан да, Бул дүньяға келетуғын пайғамбар екен, – дести. 15 Ийса олардың келип, Өзин патша қылыў ушын зорлық пенен услайжақ екенин билгенде, және жалғыз Өзи таўға шығып кетти.
Ийсаның теңиздиң үсти менен жүриўи
16 Кеш болғанда, Ийсаның шәкиртлери теңизге барды. 17 Олар бир қайыққа минип, теңиздиң арғы жағасындағы Капарнаҳумға қарай жол алды. Қараңғы түссе де, Ийса еле олардың қасына келмеген еди. 18 Күшли самал есип, теңиз толқынлана баслады. 19 Шәкиртлер бес-алты шақырымдай жүзгеннен соң, теңиздиң үсти менен жүрип, қайыққа жақынласып киятырған Ийсаны көрип, қорқып қалысты. 20 Бирақ Ийса оларға: – Бул – Мен, қорқпаңлар! – деди. 21 Сонда олар Ийсаны қайыққа миндирмекши болды. Қайық сол ўақытта-ақ олар баратырған жағаға келип тоқтады. 22 Ертеңине теңиздиң арғы жағасында қалған халық ол жерде тек бир қайық болғанын, Ийсаның Өзи шәкиртлери менен бирге бул қайыққа минбегенин, ал тек шәкиртлериниң өзлери кеткенин билди. 23 Сонда Ийемиз шүкирлик етип берген нанды халық жеген жердиң жақынына Тибериядан бир неше қайықлар келди. 24 Ийсаның да, шәкиртлериниң де ол жерде жоқ екенин көрген халық қайықларға минди ҳәм Ийсаны излеп, Капарнаҳумға кетти.
Ийса – өмир наны
25 Олар Ийсаны теңиздиң арғы жағасынан таўып, Оннан: – Устаз, Сен бул жерге қашан келдиң? – деп сорады. 26 Ийса оларға жуўап берип: – Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: сизлер Мени кәраматлар көргениңиз ушын емес, ал нан жеп тойғаныңыз ушын излеп атырсызлар. 27 Сизлер бузылатуғын азық ушын емес, ал мәңгилик өмирге сақланатуғын азық ушын мийнет етиңлер. Оны сизлерге Адам Улы береди. Өйткени Қудай Әке Оған Өз мөрин басып, бийлик берди, – деди. 28 Олар Ийсадан: – Қудайға унайтуғын ислерди ислеўимиз ушын не қылыўымыз керек? – деп сорады. 29 – Қудайға унайтуғын ис – Оның Жибергенине исениў, – деп жуўап берди Ийса. 30 Олар Ийсаға: – Бизлер көрип, Саған исениўимиз ушын, қандай кәрамат көрсетежақсаң? Не ислейжақсаң? 31 «Жеў ушын оларға аспаннан нан берди» , – деп жазылғандай, ата-бабаларымыз шөлде манна жеген, – деди. 32 Ийса оларға: – Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: сизлерге аспаннан нан берген Муўса емес, ал аспаннан ҳақыйқый нанды сизлерге берип турған – Мениң Әкем. 33 Себеби Қудайдың наны аспаннан келип, дүньяға өмир береди, – деди. 34 Халық Ийсаға: – Мырза, бизлерге бундай нанды ҳәмме ўақыт берип тур, – деди. 35 Ийса оларға былай деди: – Мен – өмир наныман. Маған келген адам ҳеш қашан аш болмайды ҳәм Маған исенген адам ҳеш қашан шөллемейди. 36 Бирақ Мен сизлерге: «Мени көрдиңлер, сонда да Маған еле исенбей атырсызлар», – дедим-ғо. 37 Әкемниң Маған бергенлериниң ҳәммеси Маған келеди. Маған келгенлерди ҳеш қашан қуўып шығармайман. 38 Өйткени Мен Өз еркимди емес, ал Мени Жибергенниң еркин орынлаў ушын аспаннан келдим. 39 Оның Маған бергенлериниң ҳеш бирин жойтпаўым, ал ақырғы күнде ҳәммесин тирилтиўим – бул Мени Жибергенниң ерки. 40 Әкемниң ерки – Оның Улын көрип, Оған исенген ҳәр бир адамның мәңгилик өмирге ийе болыўы. Мен оны ақырғы күни тирилтемен. 41 Сонда «Мен аспаннан келген нанман», – дегени ушын, яҳудийлер Ийсаға наразылық билдире баслады. 42 – Бул – Юсуптың улы Ийса емес пе? Бизлер Оның ата-анасын таныймыз-ғо. Енди қалай Ол: «Аспаннан келдим», – деп айтып отыр? – дести олар. 43 Ийса оларға былай деп жуўап берди: – Өз ара наразы болмаңлар. 44 Егер Мени Жиберген Әкем алып келмесе, ҳеш ким Маған келе алмайды, ал Маған келгенди ақырғы күни тирилтемен. 45 Пайғамбарлардың Жазыўларында: «Ҳәммеси Қудай тәрепинен үйретиледи» , – деп жазылған. Әкемнен еситип, Оннан үйренген ҳәр бир адам Маған келеди. 46 Қудайдан Келгеннен басқа ҳеш ким Әкени көрген емес, Әкени тек ғана Ол көрген. 47 Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: исенген адам мәңгилик өмирге ийе. 48 Мен – өмир наныман. 49 Ата-бабаларыңыз шөлде манна жесе де, өлип кетти. 50 Бул жерде аспаннан келген бир нан бар, оны жеген адам өлмейди. 51 Мен – аспаннан келген тири нанман. Егер ким де ким бул нанды жесе, мәңги жасайды. Дүньяға өмир бериў ушын, Мен беретуғын бул нан – Өз денем. 52 Сонда яҳудийлер: – Ол қалай бизлерге Өз денесин жеўге бере алады? – деп өз ара тартыса баслады. 53 Ийса оларға былай деди: – Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: Адам Улының денесин жеп, қанын ишпесеңлер, сизлерде өмир болмайды. 54 Мениң денемди жеп, қанымды ишкен адамда мәңгилик өмир бар ҳәм Мен оны ақырғы күни тирилтемен. 55 Себеби Мениң денем – ҳақыйқый азық, қаным – ҳақыйқый ишимлик. 56 Денемди жеп, қанымды ишкен адам Менде жасайды, Мен онда жасайман. 57 Мени тири Әкем жибергендей ҳәм Мениң Әкем арқалы жасап атырғанымдай, Мениң денемди жеген адам да Мен арқалы жасайды. 58 Аспаннан түскен нан, мине – усы. Бул нан ата-бабаларыңыз жеген маннаға уқсамайды. Олар өлип кетти, ал бул нанды жеген адам мәңги жасайды. 59 Ийса бул сөзлерди Капарнаҳумдағы мәжилисханада тәлим бергенде айтты.
Мәңгилик өмир сөзлери
60 Шәкиртлериниң көбиси буны еситип: – Қандай қыйын сөзлер! Буны ким қабыллай алады? – деди. 61 Шәкиртлериниң буған наразы болғанын билип, Ийса былай деди: – Бул сөзлер исениўиңизге тосқынлық қылып атыр ма? 62 Егер Адам Улының бурын болған жерине көтерилгенин көрсеңиз ше? 63 Руўх өмир береди, ал дене пайда келтирмейди. Сизлерге айтқан сөзлерим руўх ҳәм өмир. 64 Бирақ араңызда исенбейтуғынлар бар. Өйткени Ийса кимлердиң исенбейтуғынын ҳәм кимниң Өзине сатқынлық ислейтуғынын бурыннан-ақ билетуғын еди. 65 Ийса және: – «Әкем жол қоймаса, ҳеш ким Маған келе алмайды», – деп сол себепли айтқан едим, – деди. 66 Сол ўақыттан баслап, Ийсаның шәкиртлериниң көбиси кетип қалып, енди Оның менен жүрмейтуғын болды. 67 Сонда Ийса он еки шәкиртинен: – Сизлер де кетпекшимисиз? – деп сорады. 68 Симон Петр жуўап берип: – Ийем, бизлер кимге барамыз? Сенде мәңгилик өмир сөзлери бар. 69 Бизлер исенемиз ҳәм билемиз: Сен – Қудайдың Мухаддесисең, – деди. 70 Ийса оларға: – Сизлерди, он екини таңлап алған Өзим емес пе? Бирақ араңыздағы бириңиз – шайтан, – деди. 71 Ол Симон улы Яҳуда Исқариот ҳаққында айтқан еди. Себеби Яҳуда он екиниң бири болса да, кейин Ийсаға сатқынлық иследи.
Ийса ҳәм Оның инилери
7:1 Соңынан Ийса Галила бойлап жүрди, өйткени яҳудий басшылары Оны өлтирмекши болғанлықтан, Ол Яҳудияда жүриўди қәлемеди. 2 Яҳудийлердиң Қос байрамы жақынлап қалған еди. 3 Сонда Ийсаның инилери Оған: – Бул жерден кетип, Яҳудияға бар. Сениң ислеп атырған ислериңди шәкиртлериң де көрсин. 4 Себеби өзин ашық танытпақшы болған адам жасырын ис ислемейди. Егер Сен усындай ислер ислеп атырған болсаң, Өзиңди дүньяға көрсет, – дести. 5 Өйткени Оған, ҳәтте, инилери де исенбейтуғын еди. 6 Ийса оларға: – Мен ушын ылайықлы ўақыт еле келмеди. Ал сизлер ушын ҳәр қандай ўақыт қолайлы. 7 Дүнья сизлерди жек көре алмайды, бирақ Мени жек көреди. Себеби Мен оның ислериниң жаман екенлиги ҳаққында гүўалық берип жүрмен. 8 Сизлер байрамға барыңлар. Мен ҳәзирше бул байрамға бармайман, өйткени Мениң ўақтым еле толмады, – деди. 9 Ийса оларға усыларды айтып, Галилада қалды.
Ийса Ерусалимдеги байрамда
10 Бирақ инилери байрамға кеткеннен соң, Ийсаның Өзи де барды. Ашық түрде емес, ал жасырын барды. 11 Яҳудий басшылары Ийсаны байрамда излеп: «Ол қаяқта?» – деп сорады. 12 Халық арасында Ол ҳаққында көп сыбырлы сөзлер болды. Биреўлер: «Ол жақсы Адам», – десе, басқалар: «Яқ, Ол халықты жолдан азғырып атыр», – деди. 13 Бирақ яҳудий басшыларынан қорққанлықтан, ҳеш ким Ол ҳаққында ашық сөйлей алмайтуғын еди. 14 Байрамның ярымы өткенде Ийса Ибадатханаға кирип, тәлим бере баслады. 15 Яҳудий басшылары: – Бул Адам ҳеш оқымаған болса да, усыншама билимди қаяқтан алған? – деп таң қалысты. 16 Ийса оларға жуўап берип былай деди: – Мениң тәлийматым Өзимдики емес, ал Мени Жибергендики. 17 Ким де ким Қудайдың еркин орынлағысы келсе, бул тәлийматтың Қудайдан ба ямаса Мен Өзлигимнен айтып атырман ба, билип алады. 18 Өз атынан сөйлеўши өзине уллылық излейди, ал Өзин Жибергенниң уллылығын излеўши – ҳақыйқатшыл, Онда жалған жоқ. 19 Муўса сизлерге Мухаддес Нызамды бермеди ме? Бирақ ҳеш бириңиз де Мухаддес Нызамды орынламайсызлар. Мени не ушын өлтирмекшисизлер? 20 Халық: – Сени жин урған ба? Ким Сени өлтирмекши? – деди. 21 Ийса сөзин даўам етип, оларға былай деди: – Мен бир ис иследим, ҳәммеңиз буған ҳайран қалып атырсызлар. 22 Муўса сизлерге сүннетти буйырғанлықтан, сизлер дем алыс күнинде де баланы сүннет етесизлер. Бирақ ҳақыйқатында, сүннет Муўсадан емес, ал бабаңыз Ибрайымнан қалған еди. 23 Муўсаның Нызамы бузылмасын деп, бала дем алыс күни болса да сүннет қылынады екен, неге сизлер Маған дем алыс күни бир адамға толық шыпа бердиң, деп ашыўланасызлар? 24 Сыртқы көриниске қарап ҳүким етпеңлер, ал әдиллик пенен ҳүким шығарыңлар.
Ийса – Масих па?
25 Сонда айырым ерусалимлилер: – Өлтирмекши болып атырғаны усы Адам емес пе? 26 Мине, Ол ашық сөйлеп тур, ал олар Оған ҳеш нәрсе деп атырған жоқ. Мүмкин, басшылар Оның Масих екенин ҳақыйқаттан да тән алған шығар? 27 Бирақ бизлер бул Адамның қаяқтан келгенин билемиз. Ал Масих келгенде, Оның қаяқтан келгенин ҳеш ким билмейди, – дести. 28 Сол ўақытта Ибадатханада тәлим берип турған Ийса бәлент даўыс пенен былай деди: – Сизлер Мени ҳәм Мениң қаяқтан екенимди билесизлер. Мен Өз Өзимнен келгеним жоқ. Мени Жиберген Ҳақ, сизлер Оны билмейсизлер. 29 Бирақ Мен Оны билемен, себеби Мен Оннан келдим, Мени Ол жиберди. 30 Сонда олар Ийсаны услаўға тырысты, бирақ ҳеш ким Оған қол тийгизбеди. Өйткени Оның ўақты еле келмеген еди. 31 Ал халық арасында көп адамлар Оған исенип: – Масих келгенде, бул Адамнан да көбирек кәраматлар ислер ме екен? – деди. 32 Парисейлер Ийса ҳаққында халық арасындағы бул сөзлерди еситти. Сонлықтан олар ҳәм бас руўханийлер Ийсаны услаў ушын сақшыларды жиберди. 33 Ийса былай деди: – Мен сизлер менен бирге аз ўақыт боламан, соңынан Мени Жибергенге қайтып бараман. 34 Мени излейсизлер, бирақ таппайсызлар. Мен болатуғын жерге сизлер келе алмайсызлар. 35 Сонда яҳудий басшылары өз ара: – Бул Адам бизлер таба алмайтуғындай қаяққа бармақшы? Ол греклер арасына тарқалып кеткен яҳудийлерге барып, греклерге тәлим бермекши ме? 36 «Мени излейсизлер, бирақ таппайсызлар. Мен болатуғын жерге сизлер келе алмайсызлар», – деген сөзлер нени аңлатады екен? – дести. 37 Байрамның соңғы, уллы күнинде Ийса орнынан турып, бәлент даўыс пенен былай деди: – Ким де ким шөллесе, Маған келип ишсин. 38 Мухаддес Жазыўда айтылғандай, Маған исенген адамның ишинен тири суў дәрьясы ағады. 39 Ийса бундай деп, Өзине исенетуғынлар алатуғын Мухаддес Руўх ҳаққында айтқан еди. Себеби Ол еле уллылыққа ериспегенликтен, оларға Мухаддес Руўх еле берилмеген еди. 40 Халық арасынан айырымлар бул сөзлерди еситип: – Бул – ҳақыйқаттан да Пайғамбар, – деди. 41 Басқалары: «Бул – Масих», – дести. Ал гейбиреўлери: «Яқ, Масих Галиладан келетуғын ба еди? 42 Мухаддес Жазыўда: „Масих Даўыттың урпағынан болып, Даўыттың ана журты Бейтлеҳем аўылынан келеди“ , – деп жазылған емес пе?» – дести. 43 Солай етип, Ийса себепли халық арасында бөлиниў пайда болды. 44 Олардың гейбиреўлери Оны усламақшы болды, бирақ ҳеш ким Оған қол тийгизбеди.
Яҳудий басшыларының Ийсаға исенбеўи
45 Сақшылар қайтып келгенде, бас руўханийлер менен парисейлер олардан: – Неге Оны алып келмедиңлер? – деп сорады. 46 Сақшылар жуўап берип: – Ҳеш ким ҳеш қашан бул Адам сыяқлы сөйлеген емес, – деди. 47 Парисейлер оларға: – Сизлер де алдандыңыз ба? 48 Басшылардан ямаса парисейлерден Оған исенген адам болды ма, сирә? 49 Бирақ, Мухаддес Нызамды билмейтуғын бул халық нәлет етилген, – деди. 50 Олардың бири, бурын Ийсаға келген Никодим атлы адам оларға: 51 – Нызамымыз бойынша, дәслеп адамды тыңламай турып, оның не ислегенин билместен, ҳүким етиўге бола ма? – деди. 52 Оған: – Сен де Галиладансаң ба? Мухаддес Жазыўды жақсылап оқы, сонда Галиладан пайғамбар шықпайтуғынын билесең, – дести олар. 53 Соңынан ҳәммеси үйлерине тарқасты.
Бузықшылықта усланған ҳаял
8:1 Ал Ийса Зәйтүн таўына кетти. 2 Таң атқанда, Ол және Ибадатханаға қайтып барды. Пүткил халық Оның қасына келди ҳәм Ийса отырып, оларға тәлим бере баслады. 3 Сонда диний муғаллимлер менен парисейлер Ийсаның алдына бузықшылық ислеп атырғанда усланған бир ҳаялды алып келди. Ҳаялды ортаға турғызып: 4 – Устаз! Бул ҳаял бузықшылық ислеп атырғанда усланды. 5 Муўса Нызамда бизлерге бундай ҳаялларды тас пенен урыўды буйырған. Сен не дейсең? – деди. 6 Олар бул сөзлерди Ийсаны сынап, Оны айыплайтуғын бир сылтаў табыў ушын айтты. Бирақ Ийса еңкейип, бармағы менен жерге жазып отыра берди. 7 Олар сораўларын даўам ете бергеннен соң, Ийса түргелип: – Араңызда ким гүнасыз болса, сол биринши болып ҳаялға тас атсын, – деди. 8 Соңынан және еңкейип, жерге жаза берди. 9 Олар бул сөзлерди еситкенде, жасы үлкенлеринен баслап, бирим-бирим кете баслады. Ақырында жалғыз Ийса менен ортада турған ҳаял қалды. 10 Ийса орнынан турып, ҳаялға: – Ҳаял! Олар қаяқта? Ҳеш ким сени айыпламады ма? – деди. 11 – Ҳеш ким, Мырза! – деп жуўап берди ҳаял. Ийса оған: – Мен де сени айыпламайман, бар, буннан былай гүна ислеме, – деди.
Ийса – дүньяның нуры
12 Ийса және халыққа былай деди: – Мен – дүньяның нурыман. Ким де ким Маған ерсе, қараңғылықта жүрмейди, ал өмир нурына ийе болады. 13 Сонда парисейлер Ийсаға: – Сен Өзиң ҳаққында Өзиң гүўалық берип атырсаң. Сениң гүўалығың ҳақыйқат емес, – деди. 14 Ийса оларға жуўап берип былай деди: – Мен Өзим ҳаққында Өзим гүўалық берсем де, гүўалығым ҳақыйқат. Өйткени Мен қаяқтан келгенимди ҳәм қаяққа кететуғынымды билемен. Ал сизлер Мениң қаяқтан келгенимди ҳәм қаяққа кететуғынымды билмейсизлер. 15 Сизлер адамның ой-пикири менен ҳүким етесизлер, ал Мен ҳеш кимди ҳүким етпеймен. 16 Егер Мен ҳүким етсем де, Мениң ҳүкимим әдил. Себеби Мен жалғыз емеспен. Мен ҳәм Мени Жиберген Әкем екеўмиз бирге ҳүким етемиз. 17 Сизлердиң Мухаддес Нызамыңызда: «Еки адамның гүўалығы дурыс» , – деп жазылған-ғо. 18 Мен Өзим ҳаққында Өзим гүўалық беремен ҳәм Мени жиберген Әкем де гүўалық береди. 19 Сонда олар Ийсадан: – Сениң Әкең қаяқта? – деп сорады. Ийса оларға: – Сизлер Мени де, Мениң Әкемди де билмейсизлер. Егер Мени билгениңизде, Әкемди де билер едиңлер, – деди. 20 Ийса бул сөзлерди Ибадатханада тәлим берип атырып, садақа қутысының қасында айтты. Бирақ ҳеш ким Оны усламады, өйткени Оның ўақты еле келмеген еди. 21 Ийса оларға және: – Мен кетип баратырман. Сизлер Мени излейсизлер. Бирақ өз гүналарыңыз бенен өлесизлер. Мениң баратуғын жериме сизлер келе алмайсызлар, – деди. 22 Сонда яҳудий басшылары өз ара: – Ол Өзин Өзи өлтирежақ па екен? Неге: «Мениң баратуғын жериме сизлер келе алмайсызлар», – деп атыр? – дести. 23 Ийса оларға былай деди: – Сизлер төменненсиз, Мен жоқарыданман. Сизлер бул дүньядансыз, ал Мен бул дүньядан емеспен. 24 Сонлықтан Мен: «Сизлер өз гүналарыңыз бенен өлесизлер», – деген едим. Себеби Мениң Сол екениме исенбесеңлер, өз гүналарыңыз бенен өлесизлер. 25 Сонда олар Ийсадан: – Сен кимсең? – деп сорады. Ийса оларға: – Бастан-ақ сизлерге ким туўралы айтқан болсам, анық Солман. 26 Сизлер туўралы айтатуғын ҳәм сизлерди ҳүким ететуғын көп нәрселерим бар. Мени Жиберген ҳақыйқат ҳәм Мен Оннан не еситсем, дүньяға соны сөйлеймен, – деди. 27 Олар Ийсаның Әке ҳаққында айтып турғанын түсинбеди. 28 Солай етип, Ийса былай деди: – Адам Улын жоқары көтергениңизде, Мениң Сол екенимди ҳәм Өзлигимнен ҳеш нәрсе ислемегенимди, ал Әкемниң Маған үйреткенлерин айтқанымды билип аласызлар. 29 Мени Жиберген Мениң менен бирге, Ол Мени жалғыз қалдырмады. Өйткени Мен ҳәмме ўақыт Оған унайтуғын ислерди ислеймен. 30 Ийса бул сөзлерди айтқанда, Оған көп адамлар исенди.
Ибрайымның урпақлары
31 Сол ўақытта Ийса Өзине исенген яҳудийлерге: – Егер Мениң сөзлерим бойынша жасасаңлар, ҳақыйқый шәкиртлерим боласызлар. 32 Сизлер ҳақыйқатты билип аласызлар, ҳақыйқат сизлерди азат қылады, – деди. 33 – Бизлер – Ибрайымның урпағымыз. Ҳеш қашан ҳеш кимге қул болмағанбыз. Неге: «Азат боласызлар», – деп атырсаң? – деди олар. 34 Ийса оларға жуўап берип былай деди: – Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: гүна ислейтуғын ҳәр бир адам – гүнаның қулы. 35 Қул үйде мәңги қалмайды, ул мәңги қалады. 36 Сонлықтан егер Ул сизлерди азат қылса, ҳақыйқаттан азат боласызлар. 37 Сизлердиң Ибрайымның урпағы екениңизди билемен. Бирақ Мени өлтириўди қәлейсизлер, себеби Мениң сөзим кеўлиңизден жай алмайды. 38 Мен Әкемнен көргенимди айтаман. Ал сизлер әкеңизден еситкениңизди ислейсизлер. 39 Олар Ийсаға жуўап берип: – Бизлердиң бабамыз Ибрайым-ғо, – дести. Ийса оларға: – Егер сизлер Ибрайымның урпақлары болғаныңызда, Ибрайымның ислерин ислер едиңлер. 40 Бирақ енди Мени, Қудайдан еситкен ҳақыйқатты сизлерге айтқан Адамды өлтирежақсызлар. Ибрайым бундай исти ислемеди. 41 Сизлер өз әкеңиздиң ислерин қылып атырсызлар, – деди. – Бизлер некесиз туўылған жоқпыз. Бизлердиң бир ғана Әкемиз бар, Ол – Қудай, – деп жуўап берди олар. 42 Ийса оларға былай деди: – Егер Қудай сизлердиң Әкеңиз болғанда, Мени сүйер едиңлер. Өйткени Мен Қудайдан келдим ҳәм усы жердемен. Мен Өзлигимнен келгеним жоқ, Мени Ол жиберди. 43 Неге айтқанларыма түсинбейсизлер? Себеби Мениң сөзимди тыңлай алмайсызлар. 44 Сизлер өз әкеңиз шайтаннансыз, сизлер оның тилеклерин орынлаўды қәлейсизлер. Ол бастан-ақ адам өлтириўши еди. Ол ҳақыйқат тәрепинде турмаған, өйткени онда ҳақыйқатлық жоқ. Ол өтирик сөйлеген ўақытта өз тәбиятына тән сөйлейди. Себеби ол өтирикши ҳәм өтириктиң әкеси. 45 Бирақ Мен ҳақыйқатты айтып турғанлықтан, Маған исенбей атырсызлар. 46 Қайсы бириңиз Мени гүналы деп, айыплай аласыз? Егер ҳақыйқатты айтып турған болсам, неге Маған исенбей атырсызлар? 47 Ким Қудайдан болса, Қудайдың сөзлерин тыңлайды. Ал сизлер Қудайдан болмағанлықтан тыңламай атырсызлар.
Ийса ҳәм Ибрайым
48 Яҳудийлер Ийсаға жуўап берип: – Сен самариялысаң ҳәм Сени жин урған, деп айтқанымыз дурыс емес пе? – деди. 49 Ийса жуўап берип былай деди: – Мени жин урған жоқ. Бирақ Мен Әкемди ҳүрмет қыламан, ал сизлер Мени масқаралап атырсызлар. 50 Мен Өзиме уллылық излемеймен. Уллылығымды излеўши ҳәм ҳүким етиўши Биреў бар. 51 Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: ким де ким сөзлеримди орынласа, ол ҳеш қашан өлим көрмейди. 52 Яҳудийлер Ийсаға: – Сени жин урғанын енди билдик. Ибрайым ҳәм пайғамбарлар өлип кетти. Ал Сен: «Ким де ким Мениң сөзлеримди орынласа, ол ҳеш қашан өлим көрмейди», – деп атырсаң. 53 Сен бизлердиң бабамыз Ибрайымнан уллымысаң? Ол да, пайғамбарлар да өлип кеткен. Сен Өзиңди ким деп санайсаң? – деди. 54 Ийса жуўап берип былай деди: – Егер Мен Өзимди Өзим уллыласам, Мениң уллылығым пуш болады. Мени уллылайтуғын, сизлер «Қудайымыз» деп атайтуғын Мениң Әкем. 55 Сизлер Оны билмейсизлер, ал Мен Оны билемен. Егер Оны билмеймен, десем, сизлер сыяқлы өтирикши боламан. Бирақ Мен Оны билемен ҳәм Оның сөзин орынлайман. 56 Бабаңыз Ибрайым Мениң келетуғын күнимди көретуғынына қуўанды ҳәм көрип шадланды. 57 Яҳудийлер Ийсаға: – Сен еле елиў жасқа да толғаның жоқ-ғо. Сен Ибрайымды көрдиң бе? – деди. 58 Ийса оларға: – Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: Ибрайым туўылмастан бурын Мен бар едим, – деди. 59 Сонда олар Ийсаға ылақтырыў ушын тас алды. Бирақ Ийса олардан жасырынып, Ибадатханадан шығып кетти.
Ийсаның иштен соқыр болып туўылған адамға шыпа бериўи
9:1 Ийса өтип баратырғанда, иштен соқыр болып туўылған бир адамды көрди. 2 Шәкиртлери Ийсадан: – Устаз! Бул адамның соқыр болып туўылыўы кимниң гүнасы себепли болды, өзиниң бе ямаса ата-анасының ба? – деп сорады. 3 Ийса былай деп жуўап берди: – Бул адамның өзиниң де, ата-анасының да гүнасы себепли болған жоқ. Қудайдың ислери оның өмиринде көриниўи ушын, ол соқыр болып туўылды. 4 Еле күндиз екен, Мени Жибергенниң ислерин ислеўимиз керек. Түн келеди, сонда ҳеш ким ислей алмайды. 5 Мен дүньяда екенмен, дүньяның нурыман. 6 Ийса бул сөзлерди айтып болып, жерге түкирди де, түкириктен ылай ислеп, оны соқырдың көзлерине жақты 7 ҳәм оған: – Барып, Силоҳа ҳәўизинде жуўын, – деди. Силоҳа – «Жиберилген» деген мәнисти билдиреди. Ол барып жуўынды ҳәм көзлери көретуғын болып, қайтып келди. 8 Сонда қоңсылары ҳәм бурын оның тиленшилик етип отырғанын көргенлер: – Бул – тиленшилик етип отыратуғын сол адам емес пе? – деди. 9 Биреўлери: «Аўа, сол», десе, басқалары: «Яқ, ол тек соған уқсайды», дести. Ал оның өзи: «Мен сол адамман», деди. 10 – Олай болса, көзлериң қалай ашылды? – деп сорады олар. 11 Ол жуўап берип: – Ийса деген Адам ылай ислеп, көзлериме жақты ҳәм маған: «Силоҳа ҳәўизине барып, жуўын», – деди. Сонда мен барып, жуўындым ҳәм көзлерим көретуғын болды, – деди. 12 Олар: – Ол қаяқта? – деп сорады. – Билмеймен, – деди ол. 13 Адамлар бурын соқыр болған адамды парисейлердиң алдына алып барды. 14 Ийсаның ылай ислеп, соқырдың көзин ашқан күн дем алыс күни еди. 15 Сонда парисейлер де оннан көзлериниң қалай көретуғын болғанын сорады. Сол адам оларға: – Ийса мениң көзлериме ылай жақты. Мен жуўындым ҳәм енди көретуғын болдым, – деди. 16 Сонда гейбир парисейлер: – Бул Адам Қудайдан емес. Өйткени дем алыс күни жумыс ислеп атыр, – деди. Бирақ басқалары: – Гүнакар адам бундай кәраматларды қалай ислей алады? – деди. Солай етип, олардың арасында бөлиниў пайда болды. 17 Олар және бурын соқыр болған сол адамнан: – Көзлериңди ашқан сол Адам ҳаққында сен не айтасаң? – деп сорады. – Ол пайғамбар, – деди ол. 18 Бирақ яҳудий басшылары көзлери ашылған адамның ата-анасын шақыртпағанша, оның бурын соқыр болғанына ҳәм енди көзлериниң көретуғынына исенбеди. 19 Олар оның ата-анасынан: – Иштен соқыр болып туўылды, деп айтқан улыңыз усы ма? Енди ол қалай көретуғын болды? – деп сорады. 20 Оның ата-анасы жуўап берип: – Оның бизлердиң улымыз екенин ҳәм соқыр болып туўылғанын билемиз. 21 Бирақ, енди қалай оның көретуғын болғанын ҳәм оның көзлерин кимниң ашқанын билмеймиз. Өзинен сораң, ол ержеткен, өзи ушын өзи сөйлесин, – деди. 22 Соқыр адамның ата-анасы яҳудий басшыларынан қорққанлықтан усылай деди. Себеби яҳудий басшылары: «Ким Ийсаның Масих екенин тән алса, ол мәжилисханадан қуўылсын», – деп тил бириктирген еди. 23 Сонлықтан оның ата-анасы: «Ол ержеткен, өзинен сораң», – деген еди. 24 Солай етип, парисейлер соқыр болған адамды екинши мәрте шақырып, оған: – Ҳақыйқатын айтып, Қудайды мақта! Бизлер бул Адамның гүнакар екенин билемиз, – деди. 25 – Ол гүнакар ма, гүнакар емес пе, билмеймен. Мен тек бир нәрсени билемен: соқыр едим, енди көретуғын болдым, – деп жуўап берди ол. 26 Олар және оннан: – Ол саған не иследи? Көзлериңди қалай ашты? – деп сорады. 27 – Мен сизлерге жаңа ғана айттым-ғо, бирақ сизлер тыңламадыңлар. Және не еситпекшисизлер? Сизлер де Оның шәкиртлери болыўды қәлейсизлер ме? – деп жуўап берди ол. 28 Сонда яҳудийлер оған жекиринип: – Сен Оның шәкирти! Ал бизлер Муўсаның шәкиртлеримиз! 29 Қудайдың Муўса менен сөйлескенин билемиз. Бирақ бул Адамның қаяқтан келгенин билмеймиз, – деди. 30 Көзи ашылған адам оларға: – Таң қаларлығы сол-дә! Сизлер Оның қаяқтан келгенин билмейсизлер, бирақ Ол мениң көзлеримди ашты. 31 Бизлер Қудайдың гүнакарларды тыңламайтуғынын билемиз. Бирақ ким де ким Қудайды сыйлап, Оның еркин орынласа, соны тыңлайды. 32 Дүнья бар болғалы, иштен соқыр болып туўылған адамның көзин биреўдиң ашыўы – ҳеш еситилмеген гәп. 33 Егер бул Адам Қудайдан болмағанда, ҳеш нәрсе ислей алмас еди, – деди. 34 Яҳудийлер оған жуўап берип: – Өзиң пүткиллей гүнаға батып туўылғансаң, сен бе бизлерди үйрететуғын? – деп, оны қуўып шығарды.
Руўхый соқырлық
35 Парисейлердиң оны қуўып шығарғанын еситкен Ийса оны таўып: – Сен Адам Улына исенесең бе? – деп оннан сорады. 36 Ол жуўап берип: – Мырза, Ол ким? Маған айт, мен де Оған исенейин, – деди. 37 Ийса оған: – Сен Оны көрдиң. Мине, сениң менен сөйлесип турған – Оның Өзи, – деди. 38 Сонда ол: – Ийем, исенемен, – деп, Ийсаға табынды. 39 Ийса: – Соқырлар көрсин, көретуғынлар соқыр болсын деп, Мен бул дүньяны ҳүким етиўге келдим, – деди. 40 Ийсаның қасында болған айырым парисейлер бул сөзлерди еситип, Оған: – Не, бизлер де соқырмыз ба? – деди. 41 Ийса оларға: – Егер сизлер соқыр болғаныңызда, гүнаңыз болмас еди. Бирақ: «Көзлеримиз көреди» дегениңиз ушын, гүнаңыз мойныңызда қалады, – деди.
Ийса – жақсы шопан
10:1 Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: ким қой қораға қапыдан кирмей, басқа жерден асырылып түссе, ол – уры ҳәм басқыншы. 2 Ал қапыдан кирген адам қойлардың шопаны. 3 Қараўыл оған қапыны ашып береди. Қойлар шопанның даўысына қулақ салады, ол өз қойларын атпа-ат шақырып, оларды сыртқа алып шығады. 4 Ол өз қойларының ҳәммесин сыртқа шығарғаннан соң, олардың алдында жүреди. Қойлар да оның изине ереди, өйткени олар шопанның даўысын таныйды. 5 Олар жат адамның изине ермейди, ал оннан қашып кетеди. Себеби жат адамның даўысын танымайды. 6 Ийса оларға усы тымсалды айтып берди. Бирақ олар Ийсаның не айтпақшы болғанын түсинбеди. 7 Сонлықтан Ийса және былай деди: – Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: Мен қойлар ушын қапыман. 8 Меннен бурын келгенлердиң ҳәммеси урылар ҳәм басқыншылар еди, қойлар оларға қулақ аспады. 9 Мен – қапыман. Ким де ким Мен арқалы кирсе, қутқарылады. Ол киреди, шығады ҳәм жайлаў табады. 10 Уры тек урлаў, өлтириў ҳәм набыт қылыў ушын келеди. Бирақ Мен олар өмирге ийе болыўы ушын, дәўлетли өмирге ийе болыўы ушын келдим. 11 Мен – жақсы шопанман. Жақсы шопан қойлары ушын жанын береди. 12 Ал жалланған адам қойлардың шопаны ҳәм ийеси емес. Сонлықтан ол қасқырдың киятырғанын көрип, қойларды таслап қашып кетеди. Ал қасқыр қойларға шабыўыл жасап, тарқатып жибереди. 13 Өйткени ол жалланған адам болғанлықтан, қойларды қайғырмай қашып кетеди. 14 Мен – жақсы шопанман. Әкемниң Мени билетуғыны ҳәм Мениң Әкемди билетуғыным сыяқлы, Мен де қойларымды билемен, олар да Мени биледи. Мен қойларым ушын жанымды беремен. 16 Мениң бул қорадан болмаған басқа да қойларым бар. Оларды да алып келиўим тийис. Олар Мениң даўысымды еситеди, сонда бир шопаны бар, бир сүриў болады. 17 Мен жанымды қайтып алыў ушын беремен. Сонлықтан Әкем Мени сүйеди. 18 Жанымды Меннен ҳеш ким тартып ала алмайды. Бирақ Мен оны Өзим беремен. Менде оны бериўге де, қайтып алыўға да бийлик бар. Бул буйрықты Мен Әкемнен алдым. 19 Усы сөзлер себепли, яҳудийлер арасында және бөлиниў пайда болды. 20 Олардың көбиси: – Оны жин урған, Оның еси дурыс емес. Неге Оны тыңлап турсызлар? – деди. 21 Ал басқалары: – Бул жинли адамның сөзлери емес. Жин соқырдың көзлерин аша ала ма? – деди. 22 Сол ўақытта Ерусалимде Ибадатхананы Бағышлаў байрамы болды. Қыс еди. 23 Ийса Ибадатханада, Сулайманның айўанында жүрген еди. 24 Яҳудий басшылары Оның әтирапына жыйналып: – Қашанға дейин бизлерди түсинбеўшиликке саласаң? Егер Сен Масих болсаң, бизлерге ашығын айт, – деди. 25 Ийса оларға жуўап берип былай деди: – Мен сизлерге айттым, бирақ сизлер исенбей атырсызлар. Әкемниң аты менен қылған ислерим Мен туўралы гүўалық берип атыр. 26 Бирақ та, сизлер исенбей атырсызлар. Себеби сизлер Мениң қойларым емессизлер. 27 Мениң қойларым даўысыма қулақ асады. Мен оларды билемен, олар Мениң изиме ереди. 28 Мен оларға мәңгилик өмир беремен ҳәм олар ҳеш қашан набыт болмайды. Ҳеш ким оларды Мениң қолымнан тартып ала алмайды. 29 Оларды Маған берген Әкем – ҳәммеден уллы. Әкемниң қолынан оларды ҳеш ким тартып ала алмайды. 30 Мен ҳәм Әкем бирмиз. 31 Сонда яҳудий басшылары Оған ылақтырыў ушын, жерден және тас алды. 32 Ийса олардан: – Мен сизлерге Әкем тапсырған көп жақсы ислерди көрсеттим. Олардың қайсы бири ушын, Мени тас пенен уражақсызлар? – деп сорады. 33 Яҳудий басшылары Ийсаға жуўап берип: – Сени жақсы ислериң ушын емес, ал Қудайға тил тийгизгениң ушын, тас пенен уражақпыз. Сен адам бола тура, Өзиңди «Қудайман», – деп атырсаң, – деди. 34 Ийса оларға былай деди: – «Мен: сизлер қудайларсыз, дедим» , – деп Мухаддес Нызамыңызда жазылған емес пе? 35 Қудай Өз сөзин жиберген адамларды қудайлар деп атаған-ғо. Мухаддес Жазыўды бийкарлаўға болмайды. 36 Әкениң Өзине ажыратып алып, дүньяға жиберген Мени «Қудайдың Улыман», – дегеним ушын, неге «Қудайға тил тийгизип атырсаң», – дейсизлер? 37 Егер Әкемниң ислерин қылмай атырған болсам, Маған исенбеңлер. 38 Бирақ Оның ислерин қылып атырған болсам, Маған исенбесеңлер де, қылған ислериме исениңлер. Сонда Әкениң Менде, Мениң Әкеде екенимди түсинип, билип аласызлар. 39 Сол ўақытта олар Ийсаны услаўға және ҳәрекет қылды, бирақ Ийса олардың қолларынан қутылып қалды. 40 Ийса және Иордан дәрьясының арғы жағасына, бурын Яқыяның адамларды шомылдырып жүрген жерине барып, сол жерде қалды. 41 Оған көп адамлар келип: – Яқыя ҳеш қандай кәрамат ислемеген еди. Бирақ оның бул Адам ҳаққында айтқанларының ҳәммеси дурыс шықты, – деди. 42 Сол жерде көп адамлар Ийсаға исенди.
Лазардың өлими
11:1 Бетания деген аўылда Лазар атлы бир адам аўырып атырған еди. Оның қарындаслары Мәриям менен Марта да сол аўылда жасайтуғын еди. Кейинирек Ийемиз Ийсаға әтир май қуйып, Оның аяқларын шашы менен сүртетуғын ҳаял, усы Мәриям еди. 3 Апалы-сиңлили Ийсаға: «Ийем, Сениң жақсы көретуғын адамың аўырып атыр», – деп хабар жиберди. 4 Ийса буны еситип: – Бул аўырыўдың изи өлим менен жуўмақланбайды, ал Қудайдың уллыланыўы ушын болады. Солай етип, бул арқалы Қудайдың Улы да уллыланады, – деди. 5 Ийса Мартаны, оның сиңлисин ҳәм Лазарды сүйетуғын еди. 6 Ийса Лазардың аўырып атырғанын еситсе де, Өзи болып атырған жерде және еки күн қалды. 7 Соңынан шәкиртлерине: – Және Яҳудияға барайық, – деди. 8 Шәкиртлери Оған: – Устаз, яҳудийлер Сени жақында ғана тас пенен урмақшы еди-ғо. Сен және сол жерге баражақсаң ба? – деди. 9 Ийса жуўап берип: – Күндиз он еки саат бар емес пе? Күндиз жүрген адам сүрнигип жығылмайды, өйткени ол бул дүньяның нурын көреди. 10 Ал түнде жүриўши сүрнигип жығылады, себеби онда нур жоқ, – деди. 11 Ийса бул сөзлерди айтқаннан соң, оларға және былай деди: – Достымыз Лазар уйықлап қалды. Бирақ Мен оны оятыў ушын кетип баратырман. 12 – Ийем, уйықлап қалған болса, тәўир болады, – деди шәкиртлери. 13 Ийса Лазардың өлимин нәзерде тутқан еди. Бирақ олар Ийса қәдимги уйқы ҳаққында айтты, деп ойлады. 14 Сонда Ийса оларға ашық айтып: – Лазар өлди. 15 Сизлердиң исениўиңиз ушын, Мениң сол жерде болмағаныма сизлер ушын қуўанышлыман. Ал енди оған барайық, – деди. 16 Сонда Егиз деп аталған Томас шәкиртлерге: – Жүриңлер кеттик, бизлер де Оның менен бирге өлемиз, – деди.
Ийса – қайта тирилиў ҳәм өмир
17 Ийса Бетанияға жақынлағанда, Лазардың қәбирге қойылғанына төрт күн болғанын билди. 18 Бетания Ерусалимге жақын, үш шақырымдай жерде болғанлықтан, 19 көп яҳудийлер Марта менен Мәриямға әжағасының өлими себепли кеўил айтыўға келди. 20 Марта Ийсаның киятырғанын еситип, Оны қарсы алыўға шықты. Ал Мәриям үйде қалды. 21 Марта Ийсаға: – Ийем! Егер Сен усы жерде болғаныңда, әжағам өлмес еди. 22 Бирақ ҳәзир де Сен Қудайдан не сорасаң да, Қудайдың Саған беретуғынын билемен, – деди. 23 Ийса оған: – Сениң әжағаң тириледи, – деди. 24 – Ақыреттеги қайта тирилиўде оның да қайта тирилетуғынын билемен, – деди Марта. 25 Ийса оған: – Мен қайта тирилиў ҳәм өмирмен. Маған исенген адам өлсе де, жасайды. 26 Маған исенип жасап атырған ҳәр бир адам ҳеш қашан өлмейди. Усыған исенесең бе? – деди. 27 Марта Оған: – Аўа, Ийем. Сениң дүньяға келетуғын Масих, Қудайдың Улы екениңе исенемен, – деди. 28 Марта усыны айтып болып кетип қалды ҳәм Мәриямды шақырып алып: – Устаз усы жерде, сени шақырып атыр, – деп оған сыбырлады. 29 Мәриям буны еситиўден тез орнынан турды да, Ийсаның жанына кетти. 30 Ийса еле аўылға кирмеген болып, Ол Марта менен ушырасқан жерде еди. 31 Мәриям менен бирге үйде болған ҳәм оған кеўил айтып отырған яҳудийлер оның асығыслық пенен орнынан турып, сыртқа шыққанын көрди. Олар оны жылаў ушын қәбирге кетти деп ойлап, изине ерди. 32 Мәриям Ийса турған жерге келгенде, Оны көрип, аяқларына жығылды да: – Ийем! Егер Сен усы жерде болғаныңда, әжағам өлмес еди, – деди. 33 Мәриямның ҳәм оның менен келген яҳудийлердиң жылағанын көргенде, Ийса руўхый қыйналып, жаны ашыды. 34 – Оны қай жерге қойдыңлар? – деп сорады. – Ийем, келип көр, – деди олар. 35 Ийса көзине жас алды. 36 Сонда яҳудийлер: – Қараңлар, оны қаншелли сүйер екен! – деди. 37 Бирақ олардың айырымлары: – Соқырдың көзлерин ашқан бул Адам Лазарды өлимнен аман алып қалмас па еди? – деди.
Ийсаның Лазарды тирилтиўи
38 Ийса және ишинен терең қайғырып, қәбирге барды. Қәбир бир үңгирде болып, оның аўзы тас пенен жабылған еди. 39 Ийса: – Тасты алып қойыңлар, – деди. Марҳумның қарындасы Марта Ийсаға: – Ийем! Енди ийисленип баратыр. Өйткени оның қәбирге қойылғанына төрт күн болды, – деди. 40 Ийса оған: – «Егер Маған исенсең, Қудайдың уллылығын көресең», – деп саған айтқан жоқ па едим? – деди. 41 Солай етип, олар тасты алып қойды. Ийса көзлерин аспанға тигип, былай деди: – Әке! Мениң тилегимди еситкениң ушын, Саған миннетдаршылық билдиремен. 42 Мени ҳәмме ўақыт еситетуғыныңды билемен. Бирақ Мен буны усы жерде турған халық Мени Сениң жибергениңе исениўи ушын айттым. 43 Ийса усыларды айтып, бәлент даўыс пенен: – Лазар, сыртқа шық! – деп бақырды. 44 Сонда аяқ-қоллары кепинлик пенен оралған, бети орамал менен байланған өли тирилип, сыртқа шықты. Ийса оларға: – Оны шешиндирип жибериңлер, кете берсин, – деди.
Яҳудийлердиң Ийсаны өлтириў ушын тил бириктириўи
45 Солай етип, Мәриямға келип, Ийсаның қылған ислерин көрген яҳудийлердиң көбиси Ийсаға исенди. 46 Бирақ айырымлары парисейлерге барып, Ийсаның қылған ислери ҳаққында айтып берди. 47 Сонда бас руўханийлер менен парисейлер жоқарғы кеңесте жыйналып: – Бизлер не қылыўымыз керек? Бул Адам көп кәраматлар ислемекте. 48 Егер Оны Өз еркине жиберсек, ҳәмме Оған исенип кетеди. Сонда римлилер келип, Ибадатханамызды да, елимизди де жоқ қылады, – деди. 49 Олардың бири, сол жылы бас руўханий болған Каяфа: – Сизлер ҳеш нәрсени билмейсизлер. 50 Пүткил халық набыт болғанынан гөре, бир адамның халық ушын өлиўи сизлер ушын жақсырақ екенин түсинбейсизлер ме? – деди. 51 Ол бул сөзлерди өзлигинен айтпаған еди. Сол жылы ол бас руўханий болғанлықтан, Ийсаның яҳудий халқы ушын, тек яҳудий халқы ушын ғана емес, ал Қудайдың тарқалып кеткен балаларын жыйнап бирлестириў ушын өлетуғынын болжап айтқан еди. 53 Солай етип, сол күннен баслап олар Ийсаны өлтириўге тил бириктирди. 54 Сонлықтан Ийса енди яҳудийлер арасында ашық жүре алмайтуғын болды. Сонда Ол шөлдиң жақынындағы Ефраим деген қалашаға кетип, шәкиртлери менен бирге сол жерде қалды. 55 Яҳудийлердиң Қутқарылыў байрамы жақынлап қалған еди. Диний рәсим бойынша тазаланыў ушын, елдиң ҳәмме тәрепинен көп адамлар байрамнан бурын Ерусалимге келди. 56 Олар Ийсаны изледи ҳәм Ибадатханада турып: – Қалай ойлайсызлар. Ол байрамға келер ме екен? – деп бир-биринен сорады. 57 Ал бас руўханийлер менен парисейлер Ийсаны услаў ушын, ким де ким Оның қай жерде екенин билсе, хабар бериўди буйырған еди.
Мәриямның Ийсаның аяқларына әтир май қуйыўы
12:1 Қутқарылыў байрамынан алты күн алдын Ийса Бетанияға, Өзи өлимнен тирилткен Лазар жасайтуғын жерге келди. 2 Сол жерде Ийса ушын кешки зыяпат берилди. Марта хызмет етип жүрген еди. Ийса менен дастурхан әтирапында жамбаслап жатырғанлардың арасында Лазар да бар еди. 3 Сонда Мәриям ярым литр жүдә қымбатлы, сап әтир майын алып келип, Ийсаның аяқларына қуйды ҳәм Оның аяқларын шашлары менен сүртти. Үйдиң иши майдың хош ийисине толып кетти. 4 Сонда Ийсаның шәкиртлериниң бири, соңынан Оған сатқынлық ислейтуғын Яҳуда Исқариот: 5 – Не ушын бул май үш жүз динарға сатылып, ақшасы жарлыларға берилмеди? – деди. 6 Бул сөзлерди ол жарлыларды ойлағаны ушын емес, ал уры болғаны ушын айтты. Орталықтағы пулдың қутысы онда болып, ол қутыға салынғанлардан өзине алатуғын еди. 7 Ийса: – Ҳаялды тынышына қой! Ол буны Мениң жерленетуғын күним ушын сақлап қойған. 8 Жарлылар ҳәмме ўақыт сизлер менен бирге, бирақ Мен сизлер менен ҳәмме ўақыт бирге болмайман, – деди. 9 Көплеген яҳудийлер Ийсаның Бетанияда екенин билип, сол жерге келди. Олар тек Ийса ушын емес, ал Ол өлимнен тирилткен Лазарды көриў ушын да келди. 10 Ал бас руўханийлер Лазарды да өлтириўге тил бириктирген еди. 11 Өйткени ол себепли, көп яҳудийлер олардан кетип қалып, Ийсаға исенетуғын еди.
Ийсаның Ерусалимге салтанатлы түрде кириўи
12 Ертеңине Ерусалимдеги байрамға келген көп халық Ийсаның да сол жерге келетуғынын еситип қалды. 13 Олар хурма шақаларын алып, Ийсаны қарсы алыўға шықты ҳәм бәлент даўыс пенен былай деди: – Ҳосанна! «Ийемиздиң аты менен киятырған Израилдың Патшасы жарылқансын!» 14 Мухаддес Жазыўда: «Қорқпа, Ерусалим халқы! Мине, гүрреге минип, сениң Патшаң киятыр» , – деп жазылғандай, Ийса бир гүррени таўып, оған минди. 16 Оның шәкиртлери дәслеп буны түсинбеди. Бирақ Ийса уллылыққа ерискеннен соң, бул сөзлердиң Ол ҳаққында жазылғанын ҳәм халықтың буларды Ол ушын ислегенин еслерине түсирди. 17 Ийсаның Лазарды қәбирден шақырып, оны өлимнен тирилткен ўақтында Ийса менен бирге болған халық көргенлерин айтып жүрди. 18 Сонлықтан Ийсаның бул кәраматты ислегенин еситкен көп адамлар Оны қарсы алыўға шықты. 19 Ал парисейлер бир-бирине: – Көрип турсызлар ма? Қолыңыздан ҳеш нәрсе келмей атыр. Пүткил дүнья Оның изине ерип кетти! – деди.
Ийсаның Өз өлими ҳаққында алдын ала айтыўы
20 Байрамда сыйыныў ушын Ерусалимге келгенлер арасында базы греклер де бар еди. 21 Олар Галиланың Бетсайда қаласынан болған Филипке келип: – Мырза, бизлер Ийсаны көриўди қәлеймиз, – деп өтиниш етти. 22 Филип барып, буны Андрейге айтты. Андрей менен Филип Ийсаға барып хабарлады. 23 Ийса оларға былай деп жуўап берди: – Адам Улының уллыланатуғын ўақты келди. 24 Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: бийдай дәни жерге түсип өлмесе, ол жалғыз қалады. Ал егер өлсе, көп зүрәәт береди. 25 Өз жанын сүйетуғын адам оны жойтады. Ал бул дүньяда өз жанын жек көретуғын адам оны мәңгилик өмир ушын сақлайды. 26 Ким де ким Маған хызмет етиўди қәлесе, изиме ерсин. Мен қай жерде болсам, Мениң хызметшим де сол жерде болады. Ким де ким Маған хызмет етсе, оны Әкем иззет етеди. 27 Енди жүрегим қайғыға толды. Мен не дейин? «Әке, Мени бул ўақыттан қутқар», – дейин бе? Бирақ Мен усы ўақыт ушын келгенмен. 28 Әке, Өз атыңды уллыла! Сонда аспаннан: – Атымды уллыладым, Мен оны және де уллылайман, – деген саза келди. 29 Сол жерде турып, буны еситкен халық: «Аспан гүркиреди», – деди. Ал басқалары: «Оған периште сөйледи», – деди. 30 Ийса оларға жуўап берип: – Бул саза Мен ушын емес, ал сизлер ушын еситилди. 31 Ҳәзир бул дүньяның ҳүким етилетуғын ўақты келди. Ҳәзир бул дүньяның ҳәкими қуўып шығарылады. 32 Мен жерден жоқарыға көтерилгенимде, ҳәмме адамларды Өзиме тартаман, – деди. 33 Ийса буны қандай өлим менен өлетуғынын билдириў ушын айтты. 34 Халық Оған былай деп жуўап берди: – Бизлер Мухаддес Жазыўдан Масихтың мәңги жасайтуғынын еситкенбиз. Қалай Сен: «Адам Улы жоқарыға көтерилиўи тийис», – деп атырсаң? Бул Адам Улы дегени ким? 35 Ийса былай деди: – Және аз ўақыт нур сизлер менен бирге болады. Сизлерди қараңғылық баспаўы ушын, нур бар ўақытта жүрип қалыңлар. Қараңғылықта жүрген адам қаяққа баратырғанын билмейди. 36 Сизлерде нур бар ўақытта нурға исениңлер. Сонда нурдың балалары боласызлар. Ийса усы сөзлерди айтып болып, олардың көзлеринен тасаланды.
Яҳудийлердиң Ийсаға исенбеўи
37 Ийса олардың көз алдында сонша кәраматлар ислесе де, олар Ийсаға исенбеди. 38 Солай етип, Ийшая пайғамбардың айтқан мына сөзлери орынланды: «Ийем, бизлер айтқан хабарға ким исенди? Ийемниң қүдирети кимге көринди?» 39 Сонлықтан олар исене алмады. Себеби Ийшая пайғамбар және былай деген еди: 40 «Қудай олардың көзлерин соқыр етти ҳәм жүреклерин тас қылды. Көзлери менен көрмейди, Жүреклери менен түсинбейди. Мен оларға шыпа бериўим ушын, Маған қайтып келмейди» . 41 Ийшая Ийсаның уллылығын көргенликтен, Ол ҳаққында сөйлеп, усы сөзлерди айтқан еди. 42 Соған қарамастан, басшылар арасында да көбиси Ийсаға исенди. Бирақ парисейлерден қорқып, мәжилисханадан қуўылмаўы ушын, исенимлерин ашық мойынламады. 43 Өйткени олар Қудайдың мақтаўынан гөре, адамның мақтаўын көбирек жақсы көрди.
Ақырғы күн ҳәм ҳүким
44 Сонда Ийса бәлент даўыс пенен былай деди: – Маған исенген адам Мени Жиберген Қудайға исенген болады. 45 Және де, Мени көрген адам Мени Жиберген Қудайды көрген болады. 46 Маған исенген ҳәр бир адам қараңғылықта қалмаўы ушын, Мен дүньяға нур болып келдим. 47 Ким де ким Мениң сөзлеримди еситсе де, бирақ оларды орынламаса, Мен оны ҳүким етпеймен. Себеби Мен дүньяны ҳүким етиў ушын емес, ал оны қутқарыў ушын келдим. 48 Мени тән алмай, сөзлеримди қабылламаған адамның ҳүким етиўшиси бар. Мениң сөйлеген сөзим ақырғы күни оны ҳүким етеди. 49 Өйткени Мен Өзлигимнен сөйлеген жоқпан. Ал Мени жиберген Әкемниң Өзи не айтыўымды ҳәм қалай сөйлеўимди Маған буйырды. 50 Оның буйрығының мәңгилик өмир екенин билемен. Сонлықтан Мен не айтсам да, Әкемниң Маған айтқанын айтып атырман.
Ийсаның Өз шәкиртлериниң аяғын жуўыўы
13:1 Қутқарылыў байрамының алдыңғы күни Ийса Өзиниң бул дүньядан Әкесиниң жанына баратуғын ўақты келгенин билди. Ол бул дүньядағы Өзине тийисли адамларды сүйетуғын еди. Оларды ақырына дейин сүйди. 2 Ийса шәкиртлери менен кешки аўқатқа отырды. Шайтан әлле қашан Симон улы Яҳуда Исқариоттың кеўлине Ийсаға сатқынлық қылыў нийетин салған еди. 3 Ийса Әкесиниң ҳәмме нәрсени Оның қолына бергенин, Өзиниң Қудайдан келгенин ҳәм Қудайға қайтып баратырғанын билип, 4 дастурхан басынан турды. Сыртқы кийимин шешти де, бир сүлгини алып белине байлады. 5 Соңынан ләгенге суў қуйып, шәкиртлериниң аяқларын жуўып, белиндеги сүлги менен сүрте баслады. 6 Ийса Симон Петрдиң қасына келгенде, Петр Оған: – Ийем, мениң аяқларымды Сен жуўажақсаң ба? – деди. 7 Ийса оған жуўап берип: – Мениң не ислеп атырғанымды сен ҳәзир түсинбейсең. Бирақ соңынан түсинип аласаң, – деди. 8 – Мениң аяқларымды Сен ҳеш қашан жуўмайсаң! – деди ол. – Егер Мен сениң аяқларыңды жуўмасам, Мениң менен қатнаста болмайсаң, – деди Ийса. 9 Симон Петр Ийсаға: – Ийем, онда тек аяқларымды емес, қолларымды да, басымды да жуўа гөр! – деди. 10 Ийса оған: – Шомылған адам пүткиллей таза. Оның тек аяқларын ғана жуўыў керек. Сизлер де тазасызлар, бирақ ҳәммеңиз емес, – деди. 11 Ийса Өзине кимниң сатқынлық қылатуғынын билетуғын еди. Сонлықтан: «Бирақ ҳәммеңиз емес» деген еди. 12 Шәкиртлериниң аяқларын жуўып болғаннан соң, Ийса кийимлерин кийип, жамбаслап жатты да, оларға былай деди: – Мениң сизлерге не ислегенимди түсинесизлер ме? 13 Сизлер Мени Устаз ҳәм Ийем деп атайсызлар. Дурыс айтасызлар, себеби Мен Солман. 14 Мен сизлердиң Ийеңиз ҳәм Устазыңыз бола тура, аяқларыңызды жуўған болсам, сизлер де бир-бириңиздиң аяқларыңызды жуўыўыңыз тийис. 15 Мен сизлерге не ислеген болсам, сизлер де соны ислеўиңиз ушын, Мен сизлерге өрнек көрсеттим. 16 Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: хызметши хожасынан уллы емес. Елши де өзин жибергеннен уллы емес. 17 Егер сизлер буларды билип орынласаңыз, бахытлы боласызлар!
Ийсаға сатқынлық
18 – Мен ҳәммеңиз туўралы айтып атырған жоқпан. Мен Өзимниң таңлап алғанларымды билемен. Бирақ Мухаддес Жазыўдағы: «Мениң нанымды жеген Маған қарсы қол көтерди» , – деген сөзлер орынланыўы керек. 19 Бул жүз бергенде, Мениң Сол екениме исениўиңиз ушын, Мен сизлерге ҳәзир, бул болмастан бурын айтып атырман. 20 Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: ким де ким Мен жиберген адамды қабыл алса, Оның Мени қабыл алғаны болады. Ким де ким Мени қабыл алса, Оның Мени Жибергенди қабыл алғаны болады. 21 Ийса буларды айтқаннан соң, руўхый қыйналып, ашық сөйлеп былай деди: – Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: араңыздағы бириңиз Маған сатқынлық ислейди. 22 Шәкиртлери Оның кимди нәзерде тутып атырғанын түсинбей, бир-бирине қарасты. 23 Шәкиртлер арасында бири Оның көкирегине сүйенип жатырған еди. Ийса оны сүйетуғын еди. 24 Симон Петр сол шәкиртке: «Ол ким туўралы айтып атыр, сора», – деп ымлады. 25 Ийсаның көкирегине сүйенип жатырған сол шәкирт Оннан: – Ийем, ол ким? – деп сорады. 26 Ийса жуўап берип: – Мен мына бир бөлек нанды малып, кимге берсем, ол – сол, – деди де, бир бөлек нанды малып, Симон улы Яҳуда Исқариотқа берди. 27 Яҳуда нанды алыўдан-ақ, оның ишине шайтан кирди. Ийса оған: – Қылажақ исиңди тезирек қыл, – деди. 28 Дастурхан әтирапында отырғанлардың ҳеш қайсысы Ийсаның бул сөзлерди Яҳудаға не ушын айтқанын түсинбеди. 29 Ақша қутысы Яҳудада болғанлықтан, Ийса оған: «Байрам ушын бизлерге керекли затларды сатып ал» ямаса «Жарлыларға бир нәрсе бер», – деп атырған шығар, деп ойлады гейбиреўлери. 30 Ал Яҳуда бир бөлек нанды алыўдан-ақ, сыртқа шығып кетти. Түн болған еди.
Жаңа буйрық
31 Яҳуда сыртқа шығып кеткеннен соң, Ийса былай деди: – Ҳәзир Адам Улы уллыланды. Ол арқалы Қудай да уллыланды. 32 Қудай Ол арқалы уллыланғанлықтан, Қудайдың Өзи де Оны уллылайды. Оны тез арада уллылайды. 33 Балаларым! Енди Мен сизлер менен бирге узақ ўақыт болмайман. Мени излейсизлер, бирақ яҳудий басшыларына айтқанымдай, сизлерге де айтатуғыным: Мен баратуғын жерге сизлер бара алмайсызлар. 34 Сизлерге жаңа буйрық берип атырман: бир-бириңизди сүйиңлер! Мениң сизлерди сүйгеним сыяқлы, сизлер де бир-бириңизди сүйиңлер. 35 Егер бир-бириңизди сүйсеңлер, сизлердиң Мениң шәкиртлерим екениңизди ҳәмме усы арқалы билип алады.
Петрдиң таныўы ҳаққында болжаў
36 Симон Петр Ийсаға: – Ийем, Сен қаяққа баратырсаң? – деди. Ийса: – Мен баратуғын жерге сен ҳәзир изимнен ерип бара алмайсаң. Бирақ соңынан изимнен келесең, – деп жуўап берди. 37 Петр Оған: – Ийем, не ушын Сениң изиңнен ҳәзир бара алмайман? Мен Сен ушын жанымды беремен! – деди. 38 Ийса оған былай деп жуўап берди: – Мен ушын жаныңды бермекшимисең? Саған шынын, ҳақыйқатын айтаман: қораз шақырмастан бурын сен Меннен үш рет танасаң.
Ийса – жол, ҳақыйқат ҳәм өмир
14:1 Ийса шәкиртлерине былай деди: – Жүреклериңиз ғам шекпесин. Қудайға исениңлер, Маған да исениңлер. 2 Әкемниң үйинде орын көп. Егер олай болмағанда, сизлерге айтпас едим. Өйткени Мен сизлер ушын орын таярлаўға кетип баратырман. 3 Мен барып, сизлер ушын орын таярлағанымнан соң, сизлер де Мен болатуғын жерде болыўыңыз ушын, және келип, сизлерди Өз жаныма алып кетемен. 4 Мен баратуғын жерге апаратуғын жолды сизлер билесизлер. 5 Томас Ийсаға: – Ийем, Сениң қаяққа баратуғыныңды билмеймиз-ғо. Жолды қалай биле аламыз? – деди. 6 Ийса оған былай деди: – Мен жол, ҳақыйқат ҳәм өмирмен. Мен арқалы болмаса, ҳеш ким Әкеге бара алмайды. 7 Егер Мени билсеңлер, Әкемди де билесизлер. Ҳәзирден баслап Оны билесизлер ҳәм Оны көрдиңлер. 8 Филип Ийсаға: – Ийем, бизлерге Әкени көрсет, бизлерге соның өзи жеткиликли, – деди. 9 Ийса оған былай деди: – Филип, Мен сонша ўақыттан бери сизлер менен бирге болсам да, Мени еле билмейсең бе? Мени көрген Әкени көрген болады-ғо. Сен не ушын: «Бизлерге Әкени көрсет», – деп айтып атырсаң? 10 Мениң Әкеде, Әкениң Менде екенине исенбейсең бе? Сизлерге айтқан сөзлеримди Өзлигимнен айтып турған жоқпан, ал Менде жасап атырған Әке Өз ислерин ислеп атыр. 11 Мениң Әкеде, Әкениң Менде екенине исениңлер. Ҳеш болмаса, ислеген ислерим арқалы Маған исениңлер. 12 Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: Маған исенген адамның өзи де Мен ислеген ислерди ислейди, ҳәтте, олардан да үлкенирек ислерди ислейди. Себеби Мен Әкеме баратырман. 13 Әке Улы арқалы уллыланыўы ушын, Мениң атым менен не сорасаңлар да, ҳәммесин орынлайман. 14 Мениң атым менен бир нәрсе сорасаңлар, Мен оны орынлайман.
Ийсаның Мухаддес Руўхты ўәде етиўи
15 – Егер Мени сүйсеңлер, Мениң буйрықларымды орынлайсызлар. 16 Мен Әкемнен сорайман ҳәм Ол сизлер менен мәңги бирге болыўы ушын басқа Жубатыўшыны жибереди. 17 Ол – Ҳақыйқат Руўхы. Дүнья Оны қабыл ете алмайды. Өйткени Оны көрмейди де, танымайды да. Бирақ сизлер Оны билесизлер. Себеби Ол сизлер менен бирге жасайды, Ол ишиңизде болады. 18 Сизлерди жетим қылып қалдырмайман, сизлерге қайтып келемен. 19 Бираздан кейин, дүнья Мени қайтып көрмейди. Бирақ сизлер Мени көресизлер. Өйткени Мен қайта тирилемен, сизлер де қайта тирилесизлер. 20 Сол күни сизлер Мениң Әкемде, сизлердиң Менде ҳәм Мениң сизлерде екенимди билесизлер. 21 Мениң буйрықларымды билип, оларды орынлаған адам – Мени сүйетуғын адам. Мени сүйген адамды Әкем де сүйеди. Мен де оны сүйип, оған Өзимди көрсетемен. 22 Исқариотлы емес басқа Яҳуда Ийсаға: – Ийем, бул қалай болғаны, Өзиңди дүньяға емес, бизлерге көрсетежақсаң ба? – деди. 23 Ийса оған былай деп жуўап берди: – Ким де ким Мени сүйсе, Мениң сөзимди орынлайды. Әкем де оны сүйеди. Бизлер оған келип, оның менен бирге жасаймыз. 24 Мени сүймеген адам сөзлеримди орынламайды. Сизлер еситип атырған сөзлер Меники емес, ал Мени жиберген Әкемдики. 25 Мен еле сизлер менен бирге болған ўақтымда сизлерге буларды айттым. 26 Әкемниң Мениң атымнан жиберетуғын Жубатыўшысы, Мухаддес Руўх сизлерге ҳәммесин үйретеди. Ол Мениң сизлерге айтқанларымның ҳәммесин еслериңизге түсиреди. 27 Мен сизлерге тынышлық қалдыраман. Өз тынышлығымды сизлерге беремен. Мен беретуғын тынышлық дүнья беретуғын тынышлыққа уқсамайды. Жүреклериңиз ғам шекпесин, қорқпаңлар. 28 Сизлер Мениң: «Сизлерден кетемен ҳәм және сизлерге қайтып келемен», – дегенимди еситтиңлер. Егер сизлер Мени сүйгениңизде: «Әкемниң жанына баратырман», – дегениме қуўанар едиңлер. Себеби Әкем Меннен уллы. 29 Булар жүз бергенде исениўиңиз ушын, еле жүз берместен бурын, сизлерге ҳәзирден айттым. 30 Сизлер менен енди көп сөйлеспеймен. Өйткени бул дүньяның ҳәкими киятыр. Оның Мениң үстимнен ҳеш қандай бийлиги жоқ. 31 Бирақ бул дүнья Мениң Әкемди сүйетуғынымды ҳәм Оның Маған буйырғанларының ҳәммесин орынлайтуғынымды билиўи тийис. Қәне турыңлар, бул жерден кетейик.
Жүзим ағашы ҳәм оның шақалары
15:1 – Мен – ҳақыйқый жүзим ағашыман, ал Әкем бағман. 2 Мендеги жемис бермейтуғын ҳәр бир шақаны Ол кесип таслайды. Жемис беретуғын ҳәр бир шақаны және де көбирек жемис берсин деп, путап тазалайды. 3 Мениң сизлерге айтқан сөзлерим арқалы сизлер әлле қашан тазасызлар. 4 Менде болыңлар, Мен де сизлерде боламан. Ағашта болмаған шақа өз-өзинен жемис бере алмағаны сыяқлы, сизлер де Менде болмасаңлар, жемис бере алмайсызлар. 5 Мен – жүзим ағашыман, сизлер – шақаларсыз. Ким Менде болып, Мен онда болсам, ол көп жемис береди. Себеби Менсиз ҳеш нәрсе ислей алмайсызлар. 6 Ким де ким Менде болмаса, шақа сыяқлы сыртқа тасланып, қуўрап қалады. Бундай шақалар жыйналып, отқа тасланып жандырылады. 7 Егер сизлер Менде болып, Мениң сөзлерим сизлерде болса, қәлегениңизди сораңлар, сизлерге бериледи. 8 Сизлер көп жемис берсеңлер, Әкем уллыланады. Сонда Мениң шәкиртлерим боласызлар. 9 Әкениң Мени сүйгени сыяқлы, Мен де сизлерди сүйдим. Мениң сүйиспеншилигиме садық болыңлар. 10 Мен Әкемниң буйрықларын орынлап, Оның сүйиспеншилигине садық болғанымдай, сизлер де егер Мениң буйрықларымды орынласаңлар, Мениң сүйиспеншилигиме садық боласызлар. 11 Буларды сизлерге Мениң қуўанышым сизлерде болыўы ушын ҳәм қуўанышыңыз толы болыўы ушын айттым. 12 Мениң буйрығым бул: Мен сизлерди қалай сүйген болсам, сизлер де бир-бириңизди солай сүйиңлер. 13 Дослары ушын өз жанын берген адамның сүйиспеншилигинен артық сүйиспеншилик жоқ. 14 Егер сизлер буйырғанларымды орынласаңлар, Мениң досларым боласызлар. 15 Буннан былай, сизлерди «қул» деп атамайман. Өйткени қул хожайынының не ислейтуғынын билмейди. Сизлерди «досларым» деп атайман. Себеби Әкемнен еситкенлеримниң ҳәммесин сизлерге билдирдим. 16 Сизлер Мени емес, Мен сизлерди таңладым. Барып жемис берсин ҳәм жемиси турақлы болсын деп, сизлерди тайынладым. Солай етип, Мениң атым менен Әкеден не сорасаңлар да, Ол сизлерге береди. 17 Сизлерге буйрығым сол: бир-бириңизди сүйиңлер!
Дүньяның жек көриўи
18 – Егер дүнья сизлерди жек көрсе, сизлерден алдын оның Мени жек көргенин билиңлер. 19 Сизлер бул дүньяники болғаныңызда, дүнья өзине тийислилерди сүйер еди. Бирақ, сизлер бул дүньяники емессизлер: өйткени Мен сизлерди дүньядан таңлап алдым. Сонлықтан дүнья сизлерди жек көреди. 20 Мениң: «Хызметши хожасынан уллы емес», – деген сөзлеримди еслериңизге түсириңлер. Егер адамлар Мени қуўдаласа, сизлерди де қуўдалайды. Егер Мениң сөзимди тыңласа, сизлердиң сөзлериңизди де тыңлайды. 21 Бул ислердиң ҳәммесин сизлерге Мениң атым себепли ислейди. Себеби олар Мени Жибергенди билмейди. 22 Егер Мен келмегенимде ҳәм оларға айтпағанымда, олардың гүналары болмас еди. Бирақ енди гүналарына кеширим жоқ. 23 Мени жек көрген адам Мениң Әкемди де жек көрген болады. 24 Егер Мен олар арасында ҳеш ким ислемеген ислерди ислемегенимде, оларда гүна болмас еди. Енди болса, олар ислеримди көрсе де, Мени де, Әкемди де жек көрди. 25 Бирақ бул олардың Мухаддес Нызамындағы: «Мени бийкарға жек көрди» , – деген сөзлердиң орынланыўы ушын болды. 26 Әкемнен сизлерге Мен жиберетуғын Жубатыўшы, яғный Әкемнен шығатуғын Ҳақыйқат Руўхы келгенде, Ол Мен туўралы гүўалық береди. 27 Сизлер де гүўалық бересизлер. Өйткени әўелден-ақ Мениң менен биргесизлер.
Он алтыншы бап
16:1 – Мен буларды сизлерге исенимнен қайтпаўыңыз ушын айттым. 2 Сизлерди мәжилисханадан қуўып жибереди. Ҳәтте, сизлерди өлтирип атырған ҳәр бир адам буның менен Қудайға хызмет етип атырман, деп ойлайтуғын ўақыт келеди. 3 Буларды Әкемди де, Мени де билмегенликтен ислейди. 4 Сол ўақыт келгенде буларды сизлерге айтқанымды еске түсириўиңиз ушын сизлерге билдирген едим. Әўелден сизлерге буларды айтқан жоқпан, себеби Мен сизлер менен бирге едим.
Мухаддес Руўхтың иси
5 – Енди болса, Мени Жибергенниң жанына баратырман. Деген менен, араңызда ҳеш ким Меннен: «Қаяққа баратырсаң?» – деп сорап атырған жоқ. 6 Бирақ сизлерге буларды айтқаным ушын, жүрегиңиз қайғыға толды. 7 Соған қарамастан, Мен сизлерге ҳақыйқатын айтаман: Мениң кеткеним сизлер ушын жақсырақ. Егер Мен кетпесем, сизлерге Жубатыўшы келмейди. Егер кетсем, Оны сизлерге жиберемен. 8 Ол келгенде, гүна ҳаққында, ҳақлық ҳаққында ҳәм ҳүким ҳаққында дүньяның алжасқанын әшкаралайды. 9 Гүна соннан ибарат: адамлар Маған исенбейди. 10 Ҳақлық соннан ибарат: Мен Әкемниң жанына кетип баратырман ҳәм енди қайтып Мени көрмейсизлер. 11 Ҳүким соннан ибарат: бул дүньяның ҳәкими ҳүким етилди. 12 Сизлерге және де айтатуғынларым көп, бирақ ҳәзир сизлер көтере алмайсызлар. 13 Бирақ Ол, яғный Ҳақыйқат Руўхы келгенде, сизлерди толық ҳақыйқатқа қарай жетелейди. Ол Өзлигинен сөйлемейди, тек нени еситсе, соны сөйлейди ҳәм келешекте не болатуғынын сизлерге билдиреди. 14 Ол Мени уллылайды. Өйткени Ол Меникинен алып, сизлерге билдиреди. 15 Әкемде не бар болса, ҳәммеси Меники. Сонлықтан: «Ол Меникинен алып, сизлерге билдиреди», – деген едим. 16 Бираздан соң, сизлер Мени қайтып көрмейсизлер. Және бираздан соң, Мени көресизлер.
Қайғыңыз қуўанышқа айланады
17 Сонда шәкиртлердиң гейбиреўлери бир-бирине: – «Бираздан соң, сизлер Мени көрмейсизлер, және бираздан соң, Мени көресизлер» ҳәм «Себеби Әкеме кетип баратырман», – деп айтып, Ол бизлерге не демекши? 18 «Бираздан соң» дегени не? Не айтқанына түсинбей атырмыз-ғо, – деди. 19 Ийса олардың Өзине бир сораў бермекши болғанын билип, оларға былай деди: – «Бираздан соң, Мени көрмейсизлер, және бираздан соң, Мени көресизлер», – дегеним ҳаққында бир-бириңизден сорап турсызлар ма? 20 Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: сизлер жылап, аза тутасызлар, ал дүнья қуўанады. Сизлер қайғырасызлар, бирақ қайғыңыз қуўанышқа айланады. 21 Ҳаял бала туўғанда азап шегеди, өйткени оның ўақты келди. Бирақ баласын туўғаннан соң, дүньяға адам келгенликтен қуўанып, шеккен азабын умытып кетеди. 22 Сол сыяқлы, сизлер де ҳәзир қайғырып атырсызлар. Бирақ Мен сизлерди және көремен ҳәм жүрегиңиз қуўанышқа толады. Бул қуўанышты сизлерден ҳеш ким тартып ала алмайды. 23 Сол күни Меннен ҳеш нәрсе сорамайсызлар. Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: Мениң атым менен Әкемнен не сорасаңлар да сизлерге береди. 24 Ҳәзирге дейин сизлер Мениң атым менен ҳеш нәрсе сорамадыңлар. Сораңлар, аласызлар, сонда қуўанышыңыз толы болады. 25 Сизлерге буларды тымсаллар менен айттым. Бирақ Мен сизлерге тымсаллар менен сөйлемейтуғын ўақыт келеди, сонда Әкем ҳаққында сизлерге ашықтан-ашық айтаман. 26 Сол күни Мениң атым менен Әкемнен сорайсызлар. Сизлер ушын Әкемнен Мен сорайман, деп атырғаным жоқ. 27 Әкемниң Өзи сизлерди сүйеди, себеби сизлер Мени сүйип, Мениң Әкемнен келгениме исендиңлер. 28 Мен Әкемнен шығып, дүньяға келдим. Енди дүньяны қалдырып, Әкеме қайтып баратырман. 29 Шәкиртлери Ийсаға: – Мине, енди ашық айтып турсаң, ҳеш тымсал қолланып атырған жоқсаң. 30 Сениң ҳәмме нәрсени билетуғыныңды енди билемиз. Ҳеш кимниң Саған сораў бериўиниң ҳәжети жоқ. Сол себепли, Сениң Қудайдан келгениңе исенемиз, – деди. 31 Ийса оларға жуўап берип былай деди: – Енди исенесизлер ме? 32 Мине, ҳәммеңиз үйлериңизге тарқап кетип, Мени жалғыз қалдыратуғын ўақтыңыз келеди, ол келип қалды да. Бирақ Мен жалғыз емеспен, өйткени Әкем Мениң менен бирге. 33 Буларды сизлерге Менде болып, тынышлық алыўыңыз ушын айттым. Бул дүньяда қыйыншылық көресизлер, бирақ мәрт болыңлар, Мен дүньяны жеңдим!
Ийсаның Өзи ушын дуўа етиўи
17:1 Ийса бул сөзлерди айтып болғаннан соң, көзлерин аспанға тигип былай деди: – Әке, ўақыт келди. Улың Сени уллылаўы ушын, Сен де Улыңды уллыла. 2 Себеби Сениң Оған берген адамларыңның ҳәммесине Ол мәңгилик өмир берсин деп, Сен Оған пүткил адамзат үстинен бийлик бердиң. 3 Мәңгилик өмир – бул Сени, жалғыз ҳақ Қудайды ҳәм Сен жиберген Ийса Масихты билиў. 4 Сениң Маған тапсырған исиңди тамамлағаным менен, Сени жер жүзинде уллыладым. 5 Әке, дүнья жаратылмастан бурын Сениң менен бирге болғанымда, Менде болған уллылық пенен ҳәзир Мени Өзиңниң алдыңда уллыла.
Ийсаның шәкиртлери ушын дуўа етиўи
6 – Сениң Маған дүньядан берген адамларыңа Сени ашып бердим. Олар Сеники еди, Сен оларды Маған бердиң ҳәм олар Сениң сөзлериңди орынлады. 7 Сениң Маған бергенлериңниң ҳәммеси Сеннен екенин олар енди билип алды. 8 Өйткени Маған берген сөзлериңди оларға тапсырдым, олар қабыл етти. Олар Мениң Сеннен келгенимди ҳақыйқаттан билди ҳәм Мени Сениң жибергениңе исенди. 9 Олар ушын сорайман: дүнья ушын емес, Маған берген адамларың ушын сорайман. Себеби олар Сеники. 10 Меникиниң ҳәммеси – Сеники ҳәм Сеникиниң ҳәммеси – Меники. Мен олар арқалы уллыландым. 11 Мен енди бул дүньяда емеспен, бирақ олар бул дүньяда. Мен Саған баратырман, Мухаддес Әке, Маған берген Өз атыңның күши менен оларды сақла, олар да Биз сыяқлы бир болсын. 12 Мен олар менен бирге болғанымда, Сениң Маған берген атыңның күши менен оларды қорғап сақладым. Набыт болыўға тийисли адамнан басқа олардан ҳеш бири набыт болмады. Солай етип, Мухаддес Жазыў орынланды. 13 Енди Мен Саған баратырман. Мениң қуўанышым оларда толы болыўы ушын, бул сөзлерди дүньяда болған ўақтымда айтып атырман. 14 Мен оларға Сениң сөзиңди тапсырдым, дүнья болса оларды жек көрди. Өйткени Мениң дүньяға тийисли болмағаным сыяқлы, олар да дүньяға тийисли емес. 15 Оларды дүньядан алыўыңды емес, жаўызлықтан, шайтаннан сақлаўыңды сорайман. 16 Мениң дүньяға тийисли болмағаным сыяқлы, олар да дүньяға тийисли емес. 17 Оларды ҳақыйқат пенен мухаддес қыл. Сениң сөзиң – ҳақыйқат. 18 Сениң Мени дүньяға жибергениң сыяқлы, Мен де оларды дүньяға жибердим. 19 Олар да ҳақыйқат пенен мухаддес болыўлары ушын, Мен Өзимди олар ушын бағышлайман.
Ийсаның барлық исениўшилер ушын дуўа етиўи
20 – Мен тек олар ушын емес, ал олардың сөзлери арқалы Маған исенетуғынлар ушын да сорайман: 21 олардың ҳәммеси бир болсын. Әке, Мени Сениң жибергениңе дүнья исениўи ушын, Сениң Менде ҳәм Мениң Сенде болғаным сыяқлы, олар да Бизде болсын. 22 Биз бир болғанымыз сыяқлы, олар да бир болыўы ушын, Сениң Маған берген уллылығыңды оларға бердим. 23 Мен оларда, Сен Мендесең. Мени Сениң жибергениңди ҳәм Сениң Мени сүйетуғының сыяқлы, оларды да сүйетуғыныңды дүнья билиўи ушын, олар да бир тутас болсын. 24 Әке! Сениң Маған берген адамларың Мен болатуғын жерде Мениң менен бирге болып, Сен Мени дүнья жаратылмастан бурын сүйгенликтен, Сениң Маған берген уллылығыңды олардың да көриўин қәлеймен. 25 Әдил Әке! Дүнья Сени билмейди, бирақ Мен Сени билемен. Булар да Мени Сениң жибергениңди биледи. 26 Маған деген сүйиспеншилигиң оларда болыўы ушын ҳәм Мен де оларда болыўым ушын, Сениң атыңды оларға билдирдим ҳәм билдириўди даўам етемен.
Ийсаның қолға алыныўы
18:1 Ийса дуўа етип болғаннан соң, шәкиртлери менен бирге Кидрон сайының арғы жағасына өтти. Ол жерде бир бағ бар еди. Ийса шәкиртлери менен сол бағқа кирди. 2 Оған сатқынлық қылған Яҳуда да бул жерди билетуғын еди. Себеби Ийса шәкиртлери менен ол жерде тез-тез ушырасып туратуғын еди. 3 Солай етип, Яҳуда жанына бир топар Рим әскерлери менен бас руўханийлер ҳәм парисейлер жиберген сақшыларды алып, сол жерге келди. Олардың қолларында паныс, шом ҳәм қураллар бар еди. 4 Ийса Өзине болажақ ҳәмме нәрсени билгенликтен, алдына шығып, олардан: – Кимди излеп жүрсизлер? – деп сорады. 5 – Насыралы Ийсаны, – деп жуўап берди олар. – Мен – Солман, – деди Ийса. Ийсаның сатқыны Яҳуда да олар менен бирге турған еди. 6 Ийса: «Мен – Солман» деўи менен, олар артқа шегинип, жерге жығылды. 7 Сонда Ийса олардан және: – Кимди излеп жүрсизлер? – деп сорады. – Насыралы Ийсаны, – дести олар. 8 Ийса жуўап берип: – Сизлерге айттым-ғо, Мен – Солман. Егер Мени излеп жүрген болсаңлар, бул адамларды жибериңлер, кетсин, – деди. 9 Бул Оның: «Сениң Маған бергенлериңниң ҳеш бирин жойтпадым», – деп бурын Өзи айтқан сөзлериниң орынланыўы ушын болды. 10 Сонда Симон Петр жанындағы қылышын суўырып алып, бас руўханийдиң қулының оң қулағын шаўып таслады. Қулдың аты Малкус еди. 11 Ийса Петрге: – Қылышыңды қынабына салып қой! Әкемниң Маған берген азап кесесинен ишпейин бе? – деди. 12 Соңынан әскерлер топары менен олардың басшысы ҳәм яҳудийлердиң сақшылары Ийсаны услап байлады. 13 Оны дәслеп Ханнаға алып барды. Ханна сол жылы бас руўханий болған Каяфаның қәйин атасы еди. 14 Яҳудий басшыларына: «Халық ушын бир адамның өлиўи жақсырақ», – деп кеңес берген усы Каяфа еди.
Петрдиң Ийсадан таныўы
15 Симон Петр менен және басқа шәкирти Ийсаның изине ерип барды. Бул шәкирт бас руўханийге таныс болғанлықтан, Ийса менен бирге бас руўханийдиң ҳәўлисине кирди. 16 Ал Петр сыртта, қапының алдында қалды. Бас руўханийдиң танысы болған сол шәкирт сыртқа шығып, қапыны қараўыллаған шоры қыз бенен сөйлести де, Петрди ишке алып кирди. 17 Қапыны қараўыллаған шоры қыз Петрден: – Сен де бул Адамның шәкиртлеринен емессең бе? – деп сорады. – Яқ, – деп жуўап берди ол. 18 Күн суўық болғанлықтан, хызметшилер менен сақшылар көмир жағып, жылынып турды. Петр де олар менен бирге турып жылынды.
Бас руўханийдиң Ийсаны тергеўи
19 Бас руўханий Ийсадан Оның шәкиртлери ҳәм тәлийматы ҳаққында сорады. 20 Ийса оған былай деп жуўап берди: – Мен дүньяға ашық сөйледим. Ҳәмме ўақытта яҳудийлер жыйналатуғын мәжилисханаларда ҳәм Ибадатханада үйреттим. Жасырын ҳеш нәрсе айтпадым. 21 Неге Меннен сорап атырсаң? Сөйлегенлеримди еситкенлерден сора. Олар не айтқанымды биледи. 22 Ийса усыларды айтқанда, Оған жақын турған сақшылардың бири: – Бас руўханийге де усылай жуўап бериўге бола ма? – деп Оның бетине урып жиберди. 23 Ийса оған: – Егер Мен надурыс сөйлеген болсам, надурыслығымды дәлилле. Бирақ дурыс сөйлеген болсам, неге Мени урасаң? – деди. 24 Ханна Ийсаны байлаўлы ҳалында бас руўханий Каяфаға жиберди.
Петрдиң Ийсадан және таныўы
25 Симон Петр еле отқа жылынып тур еди. – Сен де Оның шәкиртлеринен емессең бе? – деп сорады олар. Бирақ ол танып: – Яқ, – деди. 26 Бас руўханийдиң қулларының бири, Петр қулағын шапқан адамның ағайини Петрден: – Сени бағда Оның менен бирге көрген жоқпан ба? – деп сорады. 27 Петр және танды. Сол ўақытта-ақ қораз шақырды.
Ийса Пилат алдында
28 Таң азанда яҳудий басшылары Ийсаны Каяфаның алдынан Рим ҳәкимханасына алып барды. Олар Қутқарылыў байрамының асын ҳарамланбай жеў ушын ҳәкимханаға кирмеди. 29 Сол себептен Пилат сыртқа шығып, олардан: – Бул Адамды не нәрседе айыплап атырсызлар? – деп сорады. 30 Олар жуўап берип: – Егер бул Адам жынаятшы болмағанда, Оны сениң алдыңа алып келмес едик, – деди. 31 Пилат оларға: – Оны өзлериңиз алып кетип, өз нызамыңыз бойынша ҳүким етиңлер, – деди. Яҳудий басшылары: – Бизлерге ҳеш кимди өлтириўге рухсат етилмеген, – деди. 32 Ийсаның Өзиниң қандай өлим менен өлетуғыны ҳаққында айтқан сөзлериниң орынланыўы ушын усылай болды. 33 Сонда Пилат және ҳәкимханаға кирди ҳәм Ийсаны өзине шақыртып: – Сен Яҳудийлердиң Патшасымысаң? – деп сорады. 34 Ийса былай деп жуўап берди: – Буны өзиң айтып турсаң ба ямаса Мен туўралы саған басқалар айтты ма? 35 Пилат: – Мен не яҳудиймен бе? Сени маған Өз халқың менен бас руўханийлериң тапсырды. Сен не ислеп қойдың? – деди. 36 Ийса жуўап берип: – Мениң Патшалығым бул дүньяда емес. Егер Патшалығым бул дүньяда болғанда, яҳудий басшыларының қолына тапсырылмаўым ушын, хызметшилерим гүресер еди. Бирақ Мениң Патшалығым бул жерде емес, – деди. 37 – Демек, Сен Патша екенсең-дә? – деди Пилат. Ийса жуўап берип: – Өзиң айтқандай, Мен Патшаман. Мен ҳақыйқат ҳаққында гүўалық бериў ушын туўылдым ҳәм соның ушын дүньяға келдим. Ким ҳақыйқат тәрепинде болса, Мениң даўысымды еситеди, – деди. 38 Пилат Ийсаға: – Ҳақыйқат деген не? – деди. Буны айтып болғаннан соң, Пилат және яҳудийлердиң жанына шығып, оларға: – Мен Оннан ҳеш айып таба алмай атырман. 39 Бирақ сизлерде бар бир әдет бойынша, мен ҳәр Қутқарылыў байрамында сизлер ушын бир тутқынды босатып беретуғын едим. Сизлер ушын яҳудийлердиң Патшасын босатып бериўимди қәлейсизлер ме? – деди. 40 Бирақ олар және: – Яқ, Оны емес, Барабаны босат! – деп бақырысты. Ал Бараба қозғалаңшы еди.
Ийсаның өлимге ҳүким етилиўи
19:1 Сонда Пилат Ийсаны услап, қамшылаўды буйырды. 2 Әскерлер тикенли шыбықлардан таж өрип, Ийсаның басына салды. Соңынан Оған шым қызыл шапан кийгизди. 3 Алдына келип: – Жасасын, Яҳудийлердиң Патшасы! – деп жүзине шапалақ пенен урды. 4 Пилат және сыртқа шығып, яҳудийлерге: – Мине, мениң Оннан ҳеш бир айып таппағанымды сизлерди билсин деп, Оны сизлердиң алдыңызға шығарып атырман, – деди. 5 Сонда басында тикенли тажы, үстинде шым қызыл шапаны бар Ийса сыртқа шықты. Пилат оларға: – Мине, бул Адам! – деди. 6 Бас руўханийлер менен олардың сақшылары Ийсаны көргенде: – Оны атанақ ағашқа шегеле, шегеле! – деп бақырысты. Пилат оларға: – Оны сизлер алып кетип, атанақ ағашқа шегелеңлер. Өйткени мен Оннан ҳеш қандай айып таппай атырман, – деди. 7 Яҳудий басшылары оған жуўап берип: – Бизлерде нызам бар ҳәм сол нызам бойынша, Ол өлиўи шәрт. Себеби Ол Өзин Қудайдың Улы деп атады, – деди. 8 Пилат бул сөзлерди еситкенде, бурынғыдан бетер қорқып кетти. 9 Қайтадан ҳәкимханаға кирип, Ийсадан: – Сен қай жерденсең? – деп сорады. Бирақ Ийса оған жуўап бермеди. 10 Пилат Оған: – Мениң менен сөйлеспейжақсаң ба? Сени азат қылыўға да, атанақ ағашқа шегелетиўге де бийлигим бар екенин билмейсең бе? – деди. 11 Ийса жуўап берип: – Саған Қудайдан берилмегенде, сенде Мениң үстимнен ҳеш қандай бийлик болмас еди. Сонлықтан Мени саған услап бергенниң гүнасы сениң гүнаңнан аўырырақ, – деди. 12 Сол ўақыттан баслап, Пилат Ийсаны азат етиўге тырысты. Бирақ яҳудий басшылары: – Бул Адамды азат қылсаң, Рим патшасы-Қайсардың досты емессең. Өзин патша деп атайтуғын ҳәр бир адам Қайсарға қарсы болады, – деп бақырысты. 13 Пилат бул сөзлерди еситкенде, Ийсаны сыртқа шығарды ҳәм «Тас майданша», еврейше Габбата деп аталған жердеги ҳүким гүрсисине отырды. 14 Таярлық күни, Қутқарылыў байрамынан бир күн бурын саат он екилер шамасында Пилат яҳудийлерге: – Мине, сизлердиң Патшаңыз! – деди. 15 Бирақ олар бақырысып: – Жоқ қыл Оны! Жоқ қыл, атанақ ағашқа шегеле! – деди. Пилат оларға: – Сизлердиң Патшаңызды атанақ ағашқа шегелейин бе? – деди. – Бизлердиң Қайсардан басқа патшамыз жоқ, – деп жуўап берди бас руўханийлер. 16 Солай етип, Пилат Ийсаны атанақ ағашқа шегелеў ушын әскерлерге тапсырды. Әскерлер Ийсаны алып кетти.
Ийсаның атанақ ағашқа шегелениўи
17 Ийса Өз атанақ ағашын арқалап, «Бас сүйек орны», еврейше Голгота деп аталған жерге келди. 18 Сол жерде Ийсаны ҳәм Оның менен бирге еки адамды атанақ ағашқа шегеледи. Олардың биреўи оң тәрепте, екиншиси сол тәрепте, ал Ийса ортада еди. 19 Пилат жазыў жаздырып, оны атанақ ағаштың үстине илдиртти. Онда: «НАСЫРАЛЫ ИЙСА – ЯҲУДИЙЛЕРДИҢ ПАТШАСЫ», – деп жазылған еди. 20 Яҳудийлердиң көбиси бул жазыўды оқыды. Өйткени Ийса атанақ ағашқа шегеленген жер қалаға жақын еди ҳәм бул жазыў еврейше, латынша ҳәм грекше жазылған еди. 21 Яҳудийлердиң бас руўханийлери Пилатқа былай деди: – «Яҳудийлердиң Патшасы» деп жазба, «Оның Өзи: Мен – Яҳудийлердиң Патшасыман, деди», – деп жаз. 22 – Не жазажақ болсам жаздым, – деп жуўап берди Пилат. 23 Әскерлер Ийсаны атанақ ағашқа шегелегеннен соң, Оның сыртқы кийимин алды ҳәм оны төрт бөлекке бөлип, ҳәр қайсысы бир бөлектен алды. Көйлегин де алды. Ол тигилмеген болып, бастан-аяқ бир пүтин тоқыма еди. 24 Сонлықтан әскерлер бир-бирине: – Буны жыртпайық, шек таслайық, кимге түссе, сол алсын, – деди. Бул Мухаддес Жазыўдағы мына сөзлердиң орынланыўы ушын болды: «Сыртқы кийимимди өз ара бөлисти, Көйлегим ушын шек таслады» . Әскерлер усы айтылғанды иследи. 25 Ийсаның атанақ ағашының қасында Оның анасы, анасының апасы, Клопаның ҳаялы Мәриям ҳәм магдалалы Мәриям турған еди. 26 Ийса анасын ҳәм оның жанында турған Өзиниң сүйикли шәкиртин көргенде, анасына: – Апа, мине, сениң улың, – деди. 27 Кейин шәкиртине: – Мине, бул сениң анаң, – деди. Сол ўақыттан баслап, сол шәкирт оны өз үйине алды.
Ийсаның жан тапсырыўы
28 Соннан соң, Ийса ҳәммесиниң тамамланғанын билип, Мухаддес Жазыў орынланыўы ушын: – Шөллеп турман! – деди. 29 Сол жерде ашшы шарапқа толы бир гүзе тур еди. Әскерлер сорғышты оған сиңдирип алып, иссоптың шыбығына қадады да, Ийсаның аўзына тутты. 30 Ийса оны татып көрип: – Орынланды, – деди де, басын ийип, жан тапсырды. 31 Бул таярлық күни еди. Ертеңги күн Қутқарылыў байрамына туўра келетуғын айрықша дем алыс күни болғанлықтан, яҳудий басшылары денелерди атанақ ағашта қалдырыўды қәлемеди. Олар Пилаттан шегеленгенлердиң аяқларын сындырып, денелерди алып таслаўды сорады. 32 Сонда әскерлер барып, Ийса менен атанақ ағашқа шегеленгенлердиң дәслеп бириншисиниң, соңынан екиншисиниң аяқларын сындырып таслады. 33 Бирақ Ийсаның қасына келгенде, Оның әлле қашан жан тапсырғанын көрип, аяқларын сындырмады. 34 Буның орнына, әскерлердиң бири Оның бүйирин найза менен тести. Сол ўақытта-ақ қан менен суў ағып шықты. 35 Буны көрген адамның гүўалығы ҳақыйқат. Ол өзиниң ҳақыйқатлықты айтып атырғанын биледи. Сизлер де исениўиңиз ушын ол гүўалық берди. 36 Булардың ҳәммеси: «Оның ҳеш бир сүйеги сынбайды» , – деген Мухаддес Жазыўдағы сөзлердиң орынланыўы ушын болды. 37 Мухаддес Жазыўдың басқа бир жеринде: «Өзлери найза менен тескен Адамға қарайды» , – делинген.
Ийсаның қәбирге қойылыўы
38 Буннан соң, ариматиялы Юсуп Ийсаның денесин алып кетиў ушын Пилаттан рухсат сорады. Юсуп Ийсаның шәкирти еди. Бирақ ол яҳудий басшыларынан қорққанлықтан, буны жасырып жүрген еди. Пилат рухсат бергеннен соң, Юсуп барып, Ийсаның денесин алып кетти. 39 Бурын түнде Ийсаға келген Никодим де жүз қадаққа жақын мирра менен алоэ араласпасын алып келди. 40 Олар Ийсаның денесин алып, яҳудийлердиң жерлеў дәстүри бойынша, Оны хош ийисли затлар менен кепинликке орады. 41 Ийса атанақ ағашқа шегеленген жерде бир бағ болып, бул бағдың ишинде еле ҳеш ким қойылмаған бир жаңа қәбир бар еди. 42 Бул күн яҳудийлердиң таярлық күни болғанлықтан, қәбир жақын жайласқаны себепли, олар Ийсаны сол жерге қойды.
Ийсаның қайта тирилиўи
20:1 Ҳәптениң биринши күни, яғный екшемби күни таң азанда, еле қараңғы болғанда, магдалалы Мәриям қәбирге келди ҳәм қәбирдиң аўзындағы тастың алып тасланғанын көрди. 2 Ол жуўырып, Симон Петрге ҳәм Ийсаның жақсы көретуғын сол шәкиртине барды да, оларға: – Ийемизди қәбирден алып кетипти. Оны қай жерге қойғанын билмеймиз, – деди. 3 Сонда Петр менен басқа шәкирт шығып, қәбирге қарай жол алды. 4 Олар жуўырып кетти. Бирақ сол шәкирт Петрден тезирек жуўырып, қәбирге биринши болып келди. 5 Ол еңкейип ишке қарап, сол жерде кепинликтиң жатырғанын көрди, бирақ ишке кирмеди. 6 Оның изинен Симон Петр жетип келип, қәбирге кирди. Сол жерде жатырған кепинликти ҳәм 7 Ийсаның басына оралған орамалды көрди. Орамал кепинлик пенен бирге емес, ал бөлек жерде бүкленип турған еди. 8 Сонда қәбирге биринши болып келген сол шәкирт те ишке кирди ҳәм усыларды көрип, исенди. 9 Себеби олар Ийсаның өлимнен қайта тирилиўи тийис екенин айтқан Мухаддес Жазыўды елеге дейин түсинбейтуғын еди. 10 Буннан соң, шәкиртлер үйлерине қайтып кетти.
Ийсаның магдалалы Мәриямға көриниўи
11 Ал Мәриям қәбирдиң сыртында жылап турған еди. Жылап турып, еңкейип қәбирдиң ишине қарады 12 ҳәм ақ кийимли еки периштени көрди. Бири Ийсаның денеси жатқан жердиң бас ушында, екиншиси аяқ ушында отырған еди. 13 Олар Мәриямнан: – Ҳаял, сен неге жылап турсаң? – деп сорады. – Ийемди алып кетипти. Оны қай жерге қойғанын билмеймен, – деди ол. 14 Усыларды айтып болып, арқасына бурылды ҳәм Ийсаның турғанын көрди. Бирақ Оның Ийса екенин танымады. 15 Ийса оған: – Ҳаял, сен неге жылап турсаң? Кимди излеп жүрсең? – деди. Мәриям Оны бағман деп ойлап, Оған: – Мырза, егер Оны сен алып кеткен болсаң, қай жерге қойғаныңды маған айт, мен Оны алып қайтайын, – деди. 16 Ийса оған: – Мәриям! – деди. Мәриям бурылып, еврейшелеп: – Рәббуний! – деди. (Рәббуний – «устаз» дегенди аңлатады.) 17 Ийса оған: – Маған қол тийгизбе! Себеби Мен еле Әкемниң жанына көтерилмедим. Ал сен туўысқанларыма барып, Мениң Әкемниң ҳәм сизлердиң Әкеңиздиң, Мениң Қудайымның ҳәм сизлердиң Қудайыңыздың алдына көтерилип баратырғанымды айт, – деди. 18 Магдалалы Мәриям шәкиртлерге барып, оларға: – Мен Ийемди көрдим! – деди ҳәм Ийсаның өзине не айтқанларын оларға хабарлады.
Ийсаның шәкиртлерине көриниўи
19 Ҳәптениң биринши күни, яғный екшемби күни кеште шәкиртлер бирге жыйналған еди. Яҳудий басшыларынан қорққанлықтан, олар үйдиң қапыларын илип қойғанда, Ийса келди. Олардың ортасында турып, оларға: – Тынышлық сизлерге яр болсын! – деди. 20 Буны айтып, оларға қолларын ҳәм бүйирин көрсетти. Шәкиртлер Ийемизди көрип, қатты қуўанды. 21 Ийса оларға және былай деди: – Тынышлық сизлерге яр болсын! Әкем Мени жибергени сыяқлы, Мен де сизлерди жиберип атырман. 22 Усылай деди де, оларға қарай үплеп: – Мухаддес Руўхты алыңлар. 23 Сизлер кимниң гүналарын кеширсеңлер, Қудай да оның гүналарын кеширеди. Сизлер кимниң гүналарын кеширмесеңлер, Қудай да оның гүналарын кеширмейди, – деди.
Ийсаның Томасқа көриниўи
24 Он еки шәкирттиң бири, Егиз деп аталған Томас Ийса келгенде олардың арасында жоқ еди. 25 Сонлықтан басқа шәкиртлер оған: – Бизлер Ийемизди көрдик, – дести. Бирақ Томас оларға: – Оның қолларындағы шеге излерин көрмегенимше, бармағым менен шеге излерин ҳәм қолларым менен Оның бүйирин услап көрмегенимше, исенбеймен, – деди. 26 Бир ҳәптеден соң, Ийсаның шәкиртлери және үйде жыйналған еди. Томас та олар менен бирге еди. Үйдиң қапылары илик болғанда, Ийса келип, олардың ортасында турды да: – Тынышлық сизлерге яр болсын! – деди. 27 Соңынан Томасқа: – Бармағыңды берман соз. Қолларыма қара, қолыңды созып, бүйиримди услап көр. Гүманланбай, исен, – деди. 28 Томас Оған жуўап берип: – Ийем мениң, Қудайым мениң! – деди. 29 Ийса оған: – Сен Мени көргенликтен исендиң. Бирақ, көрмей исенгенлер қандай бахытлы! – деди.
Бул китаптың мақсети
30 Ийса шәкиртлериниң алдында бул китапта жазылмаған басқа да көп кәраматлар иследи. 31 Бирақ булар сизлердиң Ийсаның Масих, Қудайдың Улы екенине исениўиңиз ушын ҳәм исенип, Оның аты менен өмирге ийе болыўыңыз ушын жазылды.
Ийсаның Галилада жети шәкиртине көриниўи
21:1 Буннан соң, Ийса Тиберия теңизиниң жағасында шәкиртлерине және көринди. Бул былай болды: 2 Симон Петр, Егиз деп аталған Томас, Галиланың Кана қаласынан болған Натаниел, Зебедейдиң уллары ҳәм Ийсаның шәкиртлеринен және екеўи бирге еди. 3 Симон Петр оларға: – Мен балық аўлаўға кетип баратырман, – деди. – Бизлер де сениң менен бирге барамыз, – деди олар. Олар барып, қайыққа минди. Бирақ сол түни ҳеш нәрсе тута алмады. 4 Таң атқанда, теңиздиң жағасында Ийса турған еди. Бирақ шәкиртлери Оның Ийса екенин билмеди. 5 Ийса олардан: – Ҳәй, дослар, балығыңыз жоқ па? – деп сорады. – Жоқ, – деп жуўап берди олар. 6 – Аўыңызды қайықтың оң жағына салыңлар, сонда тутасызлар, – деди Ийса. Олар аў салып, көп балық тутқанлықтан, аўды тартып шығара алмады. 7 Ийсаның сүйикли шәкирти Петрге: – Бул Ийемиз! – деди. «Бул Ийемиз» дегенди еситкеннен, Симон Петр жалаңаш болғанлықтан кийимин кийип, өзин теңизге атты. 8 Ал басқа шәкиртлер балық толы аўды сүйреп, қайық пенен келди. Өйткени олар жағадан шама менен тек жүз метр узақлықта еди. 9 Олар жағаға шыққанда, ол жерде жағылып атырған көмирди ҳәм қоздың үстине қойылған балық пенен нанды көрди. 10 Ийса оларға: – Ҳәзир тутқан балықларыңыздан алып келиңлер, – деди. 11 Симон Петр қайыққа минип, балыққа толы аўды жағаға тартып шығарды. Аўда бир жүз елиў үш ири балық бар еди. Балықлар соншелли көп болса да, аў жыртылмады. 12 Ийса оларға: – Келиңлер, азанғы аўқатты жеңлер, – деди. Шәкиртлериниң ҳеш қайсысы Оннан: «Сен кимсең?» – деп сораўға батына алмады. Себеби Оның Ийемиз екенин билетуғын еди. 13 Ийса жақынырақ келди де, нанды алып, оларға берди. Балықлар менен де усылай иследи. 14 Солай етип, бул Ийсаның өлимнен тирилгенинен соң, шәкиртлерине үшинши мәрте көриниўи еди.
Ийсаның Петр менен сөйлесиўи
15 Азанғы аўқатты жеп болғаннан соң, Ийса Симон Петрден: – Юнус улы Симон, Мени олардан да көбирек сүйесең бе? – деп сорады. – Аўа, Ийем. Сени жақсы көретуғынымды билесең-ғо, – деди Оған Петр. Ийса оған: – Қозыларымды отлат, – деди. 16 Ийса екинши мәрте оннан: – Юнус улы Симон, Мени сүйесең бе? – деп сорады. Петр Оған: – Аўа, Ийем. Сени жақсы көретуғынымды билесең-ғо, – деди. Ийса оған: – Қойларымды бақ, – деди. 17 Үшинши мәрте Ийса оннан: – Юнус улы Симон, Мени жақсы көресең бе? – деп сорады. Петр Оның өзинен үш мәрте: «Мени жақсы көресең бе?» – деп сорағанына қапа болды. – Ийем, Сен ҳәммесин билесең, Сени сүйетуғынымды да билесең, – деди Петр. Ийса оған былай деди: – Қозыларымды отлат. 18 Саған шынын, ҳақыйқатын айтаман: жас ўақтыңда белбеўиңди өзиң байлап, қәлеген жериңе баратуғын едиң. Бирақ қартайғаныңда қолларыңды созып турасаң ҳәм басқа биреў белбеўиңди байлап, сени қәлемеген жериңе алып барады. 19 Ийса буны Петрдиң қандай өлим менен Қудайды уллылайтуғынын билдириў ушын айтқан еди. Усыны айтып болып: – Изиме ер, – деди. 20 Петр артына бурылып, Ийсаның сүйикли шәкиртиниң излерине ерип киятырғанын көрди. Бул – кешки аўқат ўақтында Ийсаның көкирегине сүйенип жатып: «Ийем, Саған ким сатқынлық ислейди?» – деп сораған шәкирт еди. 21 Петр оны көрип, Ийсадан: – Ийем, оған не болады? – деп сорады. 22 Ийса оған: – Мен келемен дегенше, оның жасаўын қәлесем, саған не? Сен Мениң изиме ер, – деди. 23 Солай етип, туўысқанлар арасында: «Бул шәкирт өлмейди», – деген сөз тарқалды. Бирақ Ийса Петрге: «Ол өлмейди», – деген жоқ. Ал: «Мен келемен дегенше, оның жасаўын қәлесем, саған не?» – деген еди. 24 Булардың ҳәммеси ҳаққында гүўалық берип, усыларды жазған сол шәкирт. Бизлер оның гүўалығының ҳақыйқат екенин билемиз. 25 Ийса ислеген басқа да көп ислер бар. Егер олар бирме-бир жазылғанда, жазылған китаплар дүньяға сыймас еди, деп ойлайман.