The New Testament of our Lord and Saviour Jesus Christ
1 Ибрайымның урпағы, Даўыттың урпағы Ийса Масихтың шежиреси мынадай: 2 Ибрайымнан Ысақ туўылды. Ысақтан Яқып туўылды. Яқыптан Яҳуда ҳәм оның аға-инилери туўылды. 3 Яҳуда менен Тамарадан Парес ҳәм Зара туўылды. Парестен Ҳесрон туўылды. Ҳесроннан Рам туўылды. 4 Рамнан Аминадаб туўылды. Аминадабтан Наҳшон туўылды. Наҳшоннан Салмон туўылды. 5 Салмон менен Раҳабтан Боаз туўылды. Боаз бенен Руттан Обид туўылды. Обидтен Ишай туўылды. 6 Ишайдан Даўыт патша туўылды. Даўыт пенен бурын Урияның жубайы болған ҳаялдан Сулайман туўылды. 7 Сулайманнан Реҳабам туўылды. Реҳабамнан Абия туўылды. Абиядан Аса туўылды. 8 Асадан Ешофат туўылды. Ешофаттан Иорам туўылды. Иорамнан Узия туўылды. 9 Узиядан Иоатам туўылды. Иоатамнан Аҳаз туўылды. Аҳаздан Езекия туўылды. 10 Езекиядан Манасия туўылды. Манасиядан Амон туўылды. Амоннан Иосия туўылды. 11 Бабилонға сүргин етилгенде, Иосиядан Ехония ҳәм оның инилери туўылды. 12 Бабилонға сүргин етилгеннен кейин, Ехониядан Шалтиел туўылды; Шалтиелден Зерубабел туўылды. 13 Зерубабелден Абиҳуд туўылды; Абиҳудтан Елиаким туўылды; Елиакимнен Азор туўылды. 14 Азордан Садоқ туўылды; Садоқтан Ахим туўылды; Ахимнен Елихуд туўылды. 15 Елихудтан Елиазар туўылды; Елиазардан Маттан туўылды; Маттаннан Яқып туўылды. 16 Яқыптан Мәриямның күйеўи Юсуп туўылды. Мәриямнан Масих деп аталған Ийса туўылды. 17 Солай етип, ҳәммеси болып: Ибрайымнан Даўытқа дейин он тѳрт урпақ, Даўыттан Бабилонға сүргин етилиўге дейин он тѳрт урпақ, Бабилонға сүргин етилгеннен Масихқа дейин он тѳрт урпақ. 18 Ийса Масихтың туўылыўы былай болды: Оның анасы Мәриям Юсупке атастырылғаннан кейин, олар қосылмастан бурын, Мәриямның Мухаддес Руўхтан ҳәмледар екенлиги билинди. 19 Оның күйеўи Юсуп ҳақ адам болып, Мәриямды уятқа қалдырмайын деп, оған үйлениўден жасырын түрде бас тартыўды ойлады. 20 Ол усылай ойлап жүргенде, Ќудайдың бир периштеси оның түсине енип: – Ҳәй, Даўыттың урпағы Юсуп! Сен Мәриямды ѳзиңе ҳаяллыққа алыўдан қорқпа. Оның ишиндеги Баласы Мухаддес Руўхтан. 21 Мәриям Ул туўады. Сен оның атын Ийса деп қоясаң, себеби Ол Ѳз халқын гүналарынан қутқарады, – деди. 22 Булардың ҳәммеси Ќудайдың пайғамбар арқалы алдын ала айтқан мына сѳзлериниң орынланыўы ушын болды: 23 «Мине, қыз ҳәмледар болып, Ул туўады. Оның атын Иммануел деп қояды». Иммануел – «Ќудай бизлер менен бирге» деген мәнисте. 24 Уйқыдан турған Юсуп Ќудайдың периштесиниң буйырғанын ислеп, Мәриямға үйленди. 25 Бирақ Мәриям Улын туўғанша, Юсуп оған жақынлаған емес. Ол Баланың атын Ийса деп қойды.
1 Ийса Яҳудияның Бейтлеҳем қаласында, патша Ҳиродтың заманында туўылғаннан соң, Ерусалим қаласына күншығыстан жулдыз изертлеўшилер келип: 2 – Яҳудийлердиң жаңа туўылған Патшасы қаяқта екен? Ѳйткени бизлер күншығыста Оның жулдызын кѳрип, Оған табыныўға келдик, – деп сорады. 3 Буны еситкен патша Ҳирод ҳәм оның менен бирге пүткил Ерусалим қаласы тынышсызланып қалды. 4 Ҳирод халықтың барлық бас руўханийлерин ҳәм диний муғаллимлерин жыйнап алып, олардан Масихтың қай жерде туўылыўы тийис екенин сорастырды. 5 Олар былай деди: – Яҳудиядағы Бейтлеҳемде. Себеби пайғамбар арқалы мынадай сѳзлер жазылған: 6 «Ҳәй, Яҳудия жериндеги Бейтлеҳем! Яҳудияның баслы қалаларынан сен ҳеш кем емессең! Ѳйткени Мениң халқым Израилды бағатуғын Кѳсем сеннен шығады». 7 Сонда Ҳирод жулдыз изертлеўшилерди жасырын шақыртып, олардан жулдыздың шыққан ўақтын сорастырып билип алды. 8 Оларды Бейтлеҳемге жиберип: – Барып, Нәресте ҳаққында жақсылап билип алыңлар. Оны тапқаннан кейин, маған хабар бериңлер, мен де барып Оған табынайын, – деди. 9 Олар патшаның сѳзин еситип болып, жүрип кетти. Сонда ѳзлери күншығыста кѳрген жулдыз олардың алдында жүрип, жол кѳрсетти ҳәм Нәресте болған жердиң үстинде тоқтады. 10 Жулдызды кѳргенде, олар қатты қуўанды. 11 Үйге кирип, Нәрестени ҳәм Оның анасы Мәриямды кѳрди де, Нәрестениң аяғына жығылып, Оған табынды. Ѳзлериниң ғәзийне ыдысларын ашып, Оған алтын, ладан ҳәм мирра деген хош ийисли затларды сыйға берди. 12 Олар Ҳиродқа қайтып бармаў ҳаққында түслеринде ескертилгенликтен, басқа бир жол менен ѳз еллерине қайтып кетти. 13 Жулдыз изертлеўшилер кеткеннен кейин, Ќудайдың бир периштеси Юсуптың түсине енип: – Орныңнан тур да, Нәресте менен анасын алып, Мысырға қаш! Саған ѳзим хабар бергенимше, сол жерде бол! Себеби Ҳирод Нәрестени ѳлтириў ушын излемекте, – деди. 14 Юсуп турды да, Нәресте менен анасын алып, түн ишинде Мысырға қашып кетти. 15 Ҳиродтың ѳлимине шекем сол жерде болды. Солай етип, Ќудайдың: «Улымды Мысырдан шақырып алдым», – деп пайғамбар арқалы алдын ала айтқан сѳзлери орынланды. 16 Ал Ҳирод жулдыз изертлеўшилердиң алдап кеткенин түсинип, қатты ашыўланды. Жулдыз изертлеўшилерден ўақытты билип алған ол Бейтлеҳемдеги ҳәм оның дѳгерегиндеги еки жасар ҳәм оннан да киши ул балалардың ҳәммесин ѳлтириўди буйырды. 17 Солай етип, Еремия пайғамбар арқалы айтылған мына сѳзлер орынланды: 18 «Рамада бир даўыс еситиледи, Ќатты зарлап жылаған. Балаларын жоқлап жылар Раҳила. Жубанғысы келмес, ѳйткени жоқ енди олар». 19 Ҳирод ѳлгеннен кейин, Ќудайдың бир периштеси Мысырда Юсуптың түсине енип: 20 – Орныңнан тур да, Нәресте менен анасын алып, Израил елине қайт. Себеби Нәрестени ѳлтирмекши болғанлар ѳлди, – деди. 21 Юсуп турып, Нәресте менен анасын алып, Израил елине қайтты. 22 Бирақ Яҳудияда Ҳиродтың орнына баласы Архелай патша болып отырғанын еситип, Юсуп ол жерге барыўға қорқты. Түсинде аян арқалы ескертилген ол Галила үлкесине кетип, 23 Насыра деген қалаға орналасты. Солай етип, «Ол Насыралы деп аталады», – деп пайғамбарлардың алдын ала айтқанлары орынланды.
1 Сол күнлери Шомылдырыўшы Яқыя келип, Яҳудия үлкесиниң шѳл даласында: 2 – Тәўбе етиңлер! Ѳйткени Аспан Патшалығы жақынлап қалды, – деп жәриялады. 3 Ийшая пайғамбар арқалы мынадай деп алдын ала айтылған адам усы Яқыя еди: «Шѳл далада бақырған биреўдиң даўысы шығады: „Ийемизге жол таярлаңлар, Оның жүретуғын жолларын дүзетиңлер!“» 4 Яқыя түйениң жүнинен кийим кийген, белин тери қайыс пенен буўған болып, оның аўқаты шегиртке менен жабайы ҳәррениң палы еди. 5 Сол ўақытта Ерусалимниң, пүткил Яҳудия үлкесиниң ҳәм Иорданның пүткил дѳгерегиниң турғынлары оған барды 6 ҳәм ѳзлериниң гүналарын мойынлап, Иордан дәрьясында шомылдырылды. 7 Яқыя ѳзине кѳп парисейлер менен саддукейлердиң шомылдырылыўға киятырғанын кѳрип, оларға: – Ҳәй, уўлы жыланлардың туқымлары! Келешектеги қәҳәрли жазадан қутылыўды сизлерге ким үйретти? 8 Тәўбе еткениңизге ылайық жемис бериңлер! 9 Және: «Бизлердиң ата тегимиз – Ибрайым ата-ғо!» – деп ишлериңизден ойламаңлар. Себеби сизлерге айтатуғыным: Ќудай Ибрайымға мына таслардан да балалар жасап бере алады. 10 Тереклердиң тамырында ҳәзирдиң ѳзинде-ақ балта жатыр. Жақсы мийўе бермейтуғын ҳәр бир терек шабылып, отқа тасланады. 11 Тәўбе еткениңиздиң белгиси ретинде, мен сизлерди суў менен шомылдыраман. Бирақ меннен кейин Келиўши меннен де қүдиретли: мен Оның аяқ кийимин шешиўге де ылайықлы емеспен. Ол сизлерди Мухаддес Руўх ҳәм от пенен шомылдырады. 12 Оның жабасы қолында. Ол Ѳз қырманын тазалап, бийдайын ғәллеханасына жыйнайды, ал сабанын сѳнбес отқа жандырады, – деди. 13 Сонда Ийса Яқыя тәрепинен шомылдырылыў ушын Галиладан Иордан дәрьясына, Яқыяның қасына келди. 14 Бирақ Яқыя Оны иркип: – Сениң қолыңнан шомылдырылыўға мен мүтәжбен-ғо! Сен неге маған киятырсаң? – деди. 15 Бирақ, Ийса оған жуўап берип: – Енди ыразы бол, пүткил ҳақлықты бизлер усылайынша орынлаўға тийислимиз-ғо, – деди. Соннан соң, Яқыя Оған қайылшылық берди. 16 Ийса шомылдырылып, дәрриў суўдан шықты. Мине, аспан ашылып, Ол Ќудайдың Руўхының Ѳзиниң үстине кептердей түсип киятырғанын кѳрди. 17 Сонда аспаннан: – Бул – Мениң сүйикли Улым, Мен Оған ырзаман! – деген саза еситилди.
1 Соннан соң, шайтан сынасын деп, Мухаддес Руўх Ийсаны шѳлге алып барды. 2 Ийса сол жерде қырық күн, қырық түн ораза тутып, ақыры аш болды. 3 Сонда азғырыўшы шайтан Оның қасына келип: – Егер Сен Ќудайдың Улы болсаң, мына тасларға буйыр, олар нанға айлансын! – деди. 4 Ийса жуўап қайтарып: «Адам тек ғана нан менен емес, Ал Ќудайдың аўзынан шыққан ҳәр бир сѳз бенен жасайды», – деп Мухаддес Жазыўда айтылған-ғо, – деди. 5 Соннан соң, шайтан Оны мухаддес қала Ерусалимге алып барып, Ибадатхананың тѳбесине турғызып қойды да, 6 Оған: – Егер Сен Ќудайдың Улы болсаң, тѳмен секирши. Ѳйткени Мухаддес Жазыўда былай деп айтылған-ғо: «Ол Ѳзиниң периштелерине буйрық береди. Аяғыңды тасқа урып алмаўың ушын, олар Сени қолларында кѳтерип алып кетеди», – деди. 7 Ийса оған: – «Ќудай-Ийеңди сынама!» – деп те Мухаддес Жазыўда айтылған-ғо, – деди. 8 Және шайтан Оны жүдә бийик бир таўға апарып, Оған дүньяның барлық патшалықлары менен олардың сән-салтанатларын кѳрсетип: 9 – Егер аяғыма жығылып, маған табынсаң, усылардың ҳәммесин Саған беремен, – деди. 10 Сонда Ийса оған: – Жоқ бол кѳзимнен, шайтан! «Ќудай-Ийеңе сыйынып, тек Оған хызмет ет!» – деп Мухаддес Жазыўда айтылған-ғо, – деди. 11 Соннан кейин, шайтан Оның қасынан кетти. Сонда периштелер келип, Ийсаға хызмет етти. 12 Ийса Яқыяның тутқынға алынғанын еситип, Галила үлкесине қайтып кетти. 13 Ол Насыра қаласын қалдырып, Зебулон ҳәм Нафтали дѳгерегиндеги теңиздиң жағасында жайласқан Капарнаҳумға келип орналасты. 14 Солай етип, Ийшая пайғамбар арқалы айтылған мына сѳзлер орынланды: 15 «Ҳәй, Зебулон жери ҳәм Нафтали жери, теңизге баратуғын жолдағы, Иорданның арғы жағасындағы, басқа миллетлердиң Галила ели! 16 Ќараңғылықта жасаған халық үлкен бир жарықты кѳрди. Ѳлим қараңғысында жасағанлар ушын, жақтылық нуры түсти». 17 Сол ўақыттан баслап, Ийса: – Тәўбе етиңлер! Себеби Аспан Патшалығы жақынлады! – деп жәриялай баслады. 18 Ийса Галила теңизиниң жағасында жүргенде, теңизге аў салып атырған еки ағалы-инилини: Петр деп аталған Симонды ҳәм оның иниси Андрейди кѳрди. Олар балықшылар еди. 19 Ийса оларға: – Мениң изиме ериңлер! Мен сизлерди адамларды Ќудайдың жолына түсириўшилер қыламан, – деди. 20 Олар дәрриў аўларын таслап, Оның изине ерди. 21 Сол жерден кетип баратырып, Ол басқа еки ағалы-инилини: Зебедейдиң улы Яқыпты ҳәм оның иниси Юханды кѳрди. Олар әкеси Зебедей менен бирге қайықта аўларын жамап отырған еди. Ийса оларды да шақырды. 22 Олар дәрриў қайықты да, әкесин де қалдырып, Оның изине ерди. 23 Ийса пүткил Галила үлкесин аралап жүрди. Олардың мәжилисханаларында тәлим берди ҳәм Аспан Патшалығы туўралы Хош Хабарды жәриялап, халықтағы ҳәр қандай аўырыў ҳәм ҳәлсизликти шыпалайтуғын еди. 24 Ийса туўралы хабар пүткил Сирияға жайылды. Барлық аўырыў адамларды, түрли сырқаў ҳәм дәртке ушырағанларды, жин урғанларды, қояншық ҳәм ләң болғанларды Оған алып келди. Ийса оларға шыпа берди. 25 Оның изине Галиладан, Декаполистен, Ерусалимнен, Яҳудиядан ҳәм Иорданның арғы жағынан келген кѳп халық ерип жүрди.
1 Ийса халықты кѳрип, бир таўға шықты. Ол отырғаннан кейин, шәкиртлери қасына келди. 2 Ийса оларға былай деп тәлим бере баслады: 3 – Руўхый жарлы болғанлар бахытлы! Аспан Патшалығы олардики! 4 Ќайғырып жүргенлер бахытлы! Олар жубаныш табады. 5 Кишипейиллилер бахытлы! Олар жер жүзине ийелик етеди. 6 Ҳақлыққа мүтәж болғанлар бахытлы! Ќудай оларды толық қанаатландырады. 7 Мийрим-шәпәәтлилер бахытлы! Олар мийрим-шәпәәт алады. 8 Пәк кеўиллилер бахытлы! Олар Ќудайды кѳреди. 9 Жарастырыўшылар бахытлы! Олар Ќудайдың балалары деп аталады. 10 Ҳақлық ушын қуўдаланғанлар бахытлы! Аспан Патшалығы олардики. 11 Адамлар сизлерди Мен себепли хорласа, қуўдаласа, ҳәр түрли ѳтирик сѳзлер менен жаманласа, сизлер бахытлысызлар! 12 Ќуўаныңлар ҳәм шадланыңлар! Ѳйткени сизлердиң аспандағы сыйыңыз үлкен. Сизлерден бурынғы пайғамбарларды да усылай қуўдалаған. 13 – Сизлер – дүньяның дузысызлар. Бирақ дуз ѳз күшин жойтса, оны қалай және шорлы қылыўға болады? Онда ол ҳеш нәрсеге жарамайды, тек шығарып тасланып, адамлардың аяғы астында басылып қалады. 14 Сизлер – дүньяның нурысызлар. Таў басына салынған қала жасырын болып қалмайды. 15 Сондай-ақ шыраны жаққаннан соң, оны ыдыстың астына емес, ал шыра қойғышқа қояды, сонда ол үйдегилердиң ҳәммесине ѳз жақтысын түсиреди. 16 Сол сыяқлы, сизлердиң нурыңыз адамлардың алдында жарқырай берсин. Адамлар сизлердиң жақсы ислериңизди кѳрип, аспандағы Єкеңизди даңққа бѳлесин! 17 – Сизлер Мени Мухаддес Нызамды ямаса пайғамбарлардың Жазыўларын бийкар етиўге келди, деп ойламаңлар. Мен бийкар етиў ушын емес, ал орынлаў ушын келдим. 18 Сизлерге шынын айтып турман: аспан менен жер жойылмағанша, Мухаддес Нызамның бир ҳәриби де, бир ноқаты да жойылмайды, барлығы да орынланыўы тийис. 19 Солай етип, ким де ким усы буйрықлардың ең киши биреўин бузып, адамларға да солай үйретсе, ол Аспан Патшалығында ең киши болып саналады. Ал ким де ким оларды орынлап, адамларға үйретсе, ол Аспан Патшалығында уллы болып саналады. 20 Мениң сизлерге айтатуғыным: егер сизлердиң ҳақлығыңыз диний муғаллимлер менен парисейлердикинен артық болмаса, сизлер Аспан Патшалығына кирмейсиз. 21 – «Адам ѳлтирме! Ким де ким адам ѳлтирсе, ол ҳүким етилиўге тийисли», – деп бурынғыларға айтылғанды еситкенсиз. 22 Ал Мениң сизлерге айтатуғыным: ким де ким туўысқанына бийкарға ғәзепленсе, ол ҳүким етилиўге тийисли. Ким де ким туўысқанын масқаралап, оған: «Ақылсыз адамсаң!» десе, жоқарғы кеңес тәрепинен ҳүким етилиўге тийисли. Ал ким де ким туўысқанына: «Ақмақ!» десе, дозақ отына түсиўге тийисли. 23 Сонлықтан егер де сен қурбанлығыңды қурбанлық шалынатуғын орынға алып келгениңде, жақын адамыңның саған ѳкпели екени сол жерде есиңе түссе, 24 қурбанлығыңды сол жердиң алдында қалдырып, әўели жақын адамыңа барып, оның менен жарасып ал! Соңынан қайтып келип, қурбанлығыңды Ќудайға бер. 25 Сен даўласың менен бирге ҳүким етилиўге баратырған ўақтыңда, оның менен тезирек жарасып ал. Олай етпесең, ол сени қазының алдына апарады, қазы сени сақшыға тапсырып, қаматып таслайды. 26 Саған шынын айтаман: соңғы тийиниңди тѳлеп таўыспағаныңша, ол жерден шыға алмайсаң. 27 – Сизлер: «Неке ҳадаллығын бузба!» – дегенди еситкенсиз. 28 Ал Мениң сизлерге айтатуғыным: ким де ким басқа бир ҳаялға бузық нийет пенен қараса, ол әлле қашан-ақ, кеўлинде оның менен неке ҳадаллығын бузған болады. 29 Егер сени оң кѳзиң азғырса, оны ойып тасла. Себеби пүткил денеңниң дозаққа түскенинен гѳре, бир мүшеңниң жоқ болғаны саған жақсырақ болады. 30 Егер сени оң қолың азғырса, оны шаўып тасла. Пүткил денеңниң дозаққа түскенинен гѳре, бир мүшеңниң жоқ болғаны саған жақсырақ болады. 31 Тағы да: «Ким де ким ѳз ҳаялы менен ажыраспақшы болса, оған талақ хат берсин», – делинген. 32 Ал Мениң сизлерге айтатуғыным: ким де ким неке ҳадаллығын бузбаған ҳаялынан ажырасса, ҳаялының неке ҳадаллығын бузыўына себепкер болады. Сондай-ақ ким де ким күйеўинен ажырасқан бир ҳаялды алса, ол неке ҳадаллығын бузады. 33 – Тағы да сизлер: «Антыңды бузба, Ќудай алдында антыңды орынла!» – деп бурынғыларға айтылғанды еситкенсиз. 34 Ал Мениң сизлерге айтатуғыным: ҳеш ўақытта ант ишпе! Аспан менен де ант ишпе, ѳйткени ол – Ќудайдың тахты. 35 Жер менен де ант ишпе, себеби ол – Оның аяқ басары. Ерусалим менен де ант ишпе, ѳйткени ол – уллы Патшаның қаласы. 36 Ѳз басың менен де ант ишпе, себеби сен бир тал шашыңды да ағарта ямаса қарайта алмайсаң. 37 Сизлердиң: «аўа» сѳзиңиз «аўа» ямаса «яқ» сѳзиңиз «яқ» болсын, буннан басқасы шайтаннан. 38 – Сизлер: «Кѳзге кѳз, тиске тис», – дегенди еситкенсиз. 39 Ал Мениң сизлерге айтатуғыным: жаман адам менен қарсыласпаңлар. Биреў бетиңниң оң жағына урса, оған бетиңниң сол жағын да тут. 40 Биреў сениң менен даўласып кѳйлегиңди алғысы келсе, оған шапаныңды да шешип бер. 41 Биреў сени ѳзи менен бирге бир шақырым жер жүриўге мәжбүрлесе, оның менен бирге еки шақырым жүр. 42 Сеннен сорағанға бер, сеннен қарызға алайын дегеннен аяма. 43 – Сизлер: «Жаныңдағы адамды сүй, душпаныңды жек кѳр», – дегенди еситкенсиз. 44 Ал Мениң сизлерге айтатуғыным: душпанларыңызды сүйиңлер, сизлерди қуўдалайтуғынлар ушын дуўа етиңлер. 45 Сонда аспандағы Єкеңиздиң балалары боласызлар. Ѳйткени Ол жаманлардың үстине де, жақсылардың үстине де, Ѳз қуяшының нурын тѳгеди ҳәм ҳақ адамлардың үстине де, наҳақлардың үстине де, жаўынын жаўдырады. 46 Егер сизлер ѳзлериңизди сүйгенлерди ғана сүйсеңлер, қандай сыйлық аласызлар? Салықшылар да солай ислемей ме? 47 Сизлер туўысқанларыңыз бенен ғана сәлемлессеңлер, онда қандай ѳзгешеликлериңиз бар? Бутқа табыныўшылар да солай ислемей ме? 48 Солай етип, аспандағы Єкеңиздиң минсиз болғаны сыяқлы, сизлер де минсиз болыңлар!
1 – Абайлаңлар, сизлер саўап ислериңизди адамларға кѳрсетиў ушын, олардың алдында ислемеңлер. Олай етсеңлер, сизлерге аспандағы Єкеңизден сыйлық болмайды. 2 Солай етип, сен қайыр-садақа бергениңде, еки жүзлилер сыяқлы ѳз-ѳзиңнен жар салма. Бундайлар адамлар мақтасын деп, мәжилисханаларда ҳәм кѳшелерде усылай ислейди. Сизлерге шынын айтып турман: олар әлле қашан ѳз сыйларын алып болды. 3 Сен қайыр-садақа бергениңде, оң қолыңның не ислегенин сол қолың билмесин. 4 Сонда сениң қайыр бериўиң жасырын болады ҳәм жасырынлықты кѳриўши Єкең саған қайтарады. 5 – Дуўа еткениңизде, адамларға кѳрсетиў ушын мәжилисханаларда ҳәм кѳшелердиң мүйешлеринде турып дуўа етиўди жақсы кѳретуғын еки жүзлилер сыяқлы болмаңлар. Сизлерге шынын айтып турман: олар әлле қашан ѳз сыйларын алып болды. 6 Ал сен дуўа еткениңде бѳлмеңе кирип, есигиңди жапқаныңнан соң, кѳзге кѳринбейтуғын Єкеңе дуўа ет! Сонда жасырынлықты кѳриўши Єкең саған қайтарады. 7 Дуўа еткениңизде, бутқа табыныўшылар сыяқлы мылжыңға берилмеңлер. Олар кѳп сѳйлесек тыңлар деп ойлайды. 8 Сизлер оларға уқсамаңлар. Себеби Єкеңиз неге мүтәж екенлигиңизди Оннан сорамасыңыздан алдын биледи. 9 Сонлықтан сизлер былай деп дуўа етиңлер: Аспандағы Єкемиз! Сениң атың мухаддес бола берсин. 10 Сениң Патшалығың келсин. Аспанда орынланғаны сыяқлы, жерде де Сениң еркиң орынлансын. 11 Бизлерге бүгин де күнделикли нанымызды бере гѳр. 12 Бизлерге гүна ислегенлерди кеширгенимиздей, бизлердиң де гүналарымызды кешире гѳр. 13 Бизлердиң азғырылыўымызға жол қоймай, шайтаннан қутқара гѳр. Себеби Патшалық та, қүдирет те, уллылық та мәңгиликке Сеники. Аўмийин. 14 Егер сизлерге гүна ислегенлерди кеширсеңлер, аспандағы Єкеңиз де сизлерди кеширеди. 15 Ал егер сизлерге гүна ислегенлерди кеширмесеңлер, Єкеңиз де гүналарыңызды кеширмейди. 16 – Ораза тутқаныңызда, еки жүзлилер сыяқлы муңайып жүрмеңлер. Олар адамларға ораза тутыўшы болып кѳриниў ушын ғана ажарын бузып жүреди. Сизлерге шынын айтаман: олар әлле қашан ѳз сыйларын алып болды. 17 Сен ораза тутқаныңда, шашыңды тарап, бетиңди жуў. 18 Солай етип, ораза тутқаның адамларға емес, ал кѳзге кѳринбейтуғын Єкеңе кѳринсин. Жасырынлықты кѳриўши Єкең саған қайтарады. 19 – Ѳзлериңизге жер бетинде байлық жыйнамаңлар. Бул жерде оны күйе де жейди, тат та басады, урылар да бузып кирип урлайды. 20 Ал ѳзлериңизге аспанда байлық жыйнаңлар. Сол жерде оны күйе де жемейди, тат та баспайды, урылар да бузып кирип урламайды. 21 Ѳйткени байлықларыңыз қай жерде болса, кеўиллериңиз де сол жерде болады. 22 Кѳз – денениң шырағы. Сонлықтан да, егер кѳзиң саў болса, пүткил денең де жарық болады. 23 Егер кѳзиң саў болмаса, пүткил денең де қараңғы болады. Сонлықтан егер ишиңдеги жарық қараңғы болса, онда қараңғылықтың ѳзи қаншелли тас түнек болады! 24 Ҳеш ким еки хожаға хызмет ете алмайды. Себеби ол биреўин жек кѳрип, екиншисин жақсы кѳреди ямаса биреўине садық болып, екиншисине итибарсыз қарайды. Сизлер ҳәм Ќудайға, ҳәм байлыққа бирдей хызмет ете алмайсызлар. 25 – Сонлықтан сизлерге айтатуғыным: не ишип, не жеймиз деп, жаныңыз ушын, не кийемиз деп, денеңиз ушын тәшиўишленбеңлер. Жан аўқаттан, дене кийимнен артық емес пе? 26 Аспандағы қусларға қараңлар! Олар екпейди де, ормайды да, телекке жыйнамайды да, ал аспандағы Єкеңиз оларды асырайды. Сизлер олардан анағурлым артық емессизлер ме? 27 Тәшиўишлениў себепли, ким сизлердиң араңызда ѳз ѳмирин бир саатқа болса да узайта алады? 28 Кийим туўралы неге тәшиўишленесизлер? Даладағы лилия гүллериниң қалай ѳсип турғанына қараңлар! Олар мийнет те етпейди, жип те ийирмейди. 29 Ал сизлерге айтатуғыным: Сулайман да ѳзиниң сән-салтанатында усылардың биреўиндей сәнли кийинбеген еди. 30 Егер бүгин бар болып, ертең ошаққа тасланатуғын даладағы шѳпти Ќудай солай кийиндирсе, сизлерди олардан да артық кийиндирмес пе еди, ҳәй, исеними азлар? 31 Сонлықтан да: «Не ишип, не жеймиз?» ямаса «Не кийемиз?» – деп тәшиўишленбеңлер. 32 Ѳйткени усылардың ҳәммесин бутқа табыныўшылар излеп жүреди. Усы нәрселердиң ҳәммесине мүтәж екениңизди аспандағы Єкеңиз биледи. 33 Ең алды менен Ќудайдың Патшалығын ҳәм Оның ҳақлығын излеңлер! Сонда булардың ҳәммеси сизлерге қосымша етип бериледи. 34 Солай етип, ертеңги күн туўралы тәшиўишленбеңлер! Себеби ертеңги күн ѳзи ушын ѳзи ғам жейди. Ҳәр күнниң ѳз ғамы ѳзине жетеди.
1 – Басқаларды ҳүким етпеңлер, сонда сизлер де ҳүким етилмейсизлер. 2 Ѳйткени сизлер басқаларды қалай ҳүким етсеңлер, Ќудай да сизлерди солай ҳүким етеди. Ќандай ѳлшем менен ѳлшеп берсеңлер, Ќудай да сизлерге сондай ѳлшем менен ѳлшеп береди. 3 Сен неге туўысқаныңның кѳзиндеги шѳпти кѳрип турып, ѳз кѳзиңдеги қаданы сезбейсең? 4 Ѳз кѳзиңде қада бола тура, қалай: «Ќәне, кѳзиңдеги шѳпти шығарып алайын», – деп туўысқаныңа айтасаң? 5 Ҳәй, еки жүзли! Дәслеп ѳз кѳзиңдеги қаданы шығар, сонда анық кѳрип, туўысқаныңның кѳзиндеги шѳпти шығара аласаң. 6 Мухаддес затты ийтлерге бермеңлер, ҳинжи-маржанларыңызды шошқалардың алдына тасламаңлар. Оларды аяқлары менен басқылап, айланып келип сизлерди тилкимлеп таслайды. 7 – Сораңлар, сизлерге бериледи. Излеңлер, табасызлар. Есикти қағыңлар, ол сизлерге ашылады. 8 Себеби сораған ҳәр бир адам алады, излеген табады, есик қаққанға ашылады. 9 Сизлердиң араңызда улы нан сораса, тас беретуғын адам бар ма? 10 Я болмаса, балық сораса, оған жылан беретуғын бар ма? 11 Ѳзлериңиз жаман бола тура, балаларыңызға жақсы сыйлар бериўди билсеңиз, онда аспандағы Єкеңиз Ѳзинен сорағанларға қаншелли кѳп ийгиликлер береди! 12 Солай етип, ҳәмме исте адамлардың сизлерге не ислегенин қәлесеңлер, сизлер де оларға соны ислеңлер. Мухаддес Нызамның да, пайғамбарлардың Жазыўларының да мәниси усы. 13 – Тар қапыдан кириңлер. Ѳйткени набыт болыўға апаратуғын қапы кең, жол да үлкен, оның менен жүретуғынлар кѳп. 14 Ал ѳмирге апаратуғын қапы тар, жол да киши, оны табатуғынлар аз. 15 – Жалған пайғамбарлардан сақ болыңлар! Олар қой терисин жамылып сизлерге келеди, бирақ ишлеринде олар жыртқыш қасқырлар. 16 Сизлер оларды мийўесинен билесизлер. Шеңгелден жүзим ямаса ошағаннан әнжир жыйнай аласыз ба? 17 Ҳәр бир жақсы терек жақсы мийўе береди, жаман терек жаман мийўе береди. 18 Жақсы терек жаман мийўе, жаман терек жақсы мийўе бере алмайды. 19 Жақсы мийўе бермейтуғын ҳәр бир терек шабылып, отқа тасланады. 20 Солай етип, сизлер оларды мийўесинен билесизлер. 21 Маған: «Ийем! Ийем!» дегенниң ҳәр бири емес, тек аспандағы Єкемниң еркин орынлаўшы Аспан Патшалығына киреди. 22 Заманның ақырғы күнинде кѳбиси Маған: «Ийем! Ийем! Бизлер Сениң атың менен пайғамбаршылық етип, Сениң атың менен жинлерди қуўып шығармадық па? Сениң атың менен кѳп кәраматлар ислемедик пе?» – дейди. 23 Сонда Мен оларға: «Мен сизлерди ҳеш қашан таныған емеспен, Меннен аўлақ кетиңлер, ҳәй, нызамды бузыўшылар!» – деп ашық айтаман. 24 – Солай етип, Мениң усы сѳзлеримди тыңлап, оларды орынлаўшылардың ҳәр бири ѳз үйин жар тас үстине салған ақыллы адамға уқсайды. 25 Жаўын жаўып, дәрьялар тасып, самал есип, бул үйди соққылады, бирақ ол жар тас үстине салынғанлықтан қуламады. 26 Ал Мениң усы сѳзлеримди тыңлап, оларды орынламаўшылардың ҳәр бири ѳз үйин шеге қум үстине салған ақылсыз адамға уқсайды. 27 Жаўын жаўып, дәрьялар тасып, самал есип, бул үйди суў басқанда, ол қулап, қатты қыйралды. 28 Ийса усы сѳзлерди айтып болғанда, халық Оның тәлимине таң қалды. 29 Себеби Ол диний муғаллимлер сыяқлы емес, ал Ѳз бийлиги менен адамларға тәлим берди.
1 Ийса таўдан түскенде, изине кѳп халық ерди. 2 Сонда Оның қасына мақаў кесел адам келип, аяғына жығылды да: – Ийем, егер Сен қәлесең, мени мақаў кеселден тазалай аласаң-ғо, – деди. 3 Ийса қолын созып, оған тийгизди де: – Ќәлеймен, тазалан! – деди. Ол сол ўақытта-ақ мақаў кеселден тазаланып шыпа тапты. 4 Ийса оған: – Абайлы бол, буны ҳеш кимге айтпа! Бирақ руўханийге барып ѳзиңди кѳрсет те, мақаў кеселден тазаланғаныңды адамларға дәлиллеў ушын, Муўса буйырған қурбанлықты бер, – деди. 5 Ийса Капарнаҳумға кирген ўақытта Оның қасына бир римли жүзбасы келип: 6 – Ийем, мениң хызметшим ләң болып, қатты қыйналып үйде жатыр, – деп Оннан жәрдем сорады. 7 Ийса оған: – Мен барып, оған шыпа беремен, – деди. 8 Ал жүзбасы: – Ийем, Сениң шаңарағыма келиўиңе мен ылайықлы емеспен. Тек бир сѳз ғана айтсаң, хызметшим жазылып кетеди. 9 Ѳйткени мен де биреўдиң қол астындағы адамман, ѳзиме бағынышлы әскерлерим де бар. Олардың биреўине «бар» десем, барады, екиншисине «кел» десем, келеди, қулыма «мынаны исле» десем, ислейди, – деп жуўап қайтарды. 10 Буларды еситкен Ийса таң қалып, изине ерип киятырғанларға: – Сизлерге шынын айтып турман: Мен бундай исенимди Израилда да ушыратпаған едим. 11 Сизлерге айтатуғыным: шығыстан ҳәм батыстан кѳп адамлар келип, Ибрайым, Ысақ ҳәм Яқып пенен бирге Аспан Патшалығында дастурханлас болады. 12 Ал Патшалықтың мийрасхорлары сыртқы қараңғылыққа шығарып тасланады. Сол жерде олар жылап, пушайман жейди, – деди. 13 Соннан соң, Ийса жүзбасыға: – Бара бер, сениң исенимиңе қарай болсын! – деди. Жүзбасының хызметшиси сол ўақытта-ақ жазылып кетти. 14 Ийса Петрдиң үйине келип, оның қәйин енесиниң ыссылығы кѳтерилип, аўырып жатырғанын кѳрди. 15 Ийса ҳаялдың қолына қолын тийгизгенде, ыссылығы түсти ҳәм ҳаял орнынан турып, Оған хызмет етти. 16 Кеш болғанда, адамлар Ийсаға жин урған кѳп адамларды алып келди. Ийса олардағы жаўыз руўхларды Ѳзиниң сѳзи менен қуўып шығарып, аўырғанлардың ҳәммесине шыпа берди. 17 Булар Ийшая пайғамбар арқалы айтылған мына сѳзлердиң орынланыўы ушын болды: «Ол ҳәлсизликлеримизди Ѳзине алды, Аўырыўларымызды Ѳзине жүкледи». 18 Ийса дѳгерегине жыйналған кѳп халықты кѳргенде, шәкиртлерине теңиздиң арғы жағасына ѳтиўди буйырды. 19 Сонда бир диний муғаллим келип, Оған: – Устаз, Сен қаяққа барсаң да, мен Саған еремен, – деди. 20 Ийса оған: – Түлкилердиң инлери, аспандағы қуслардың уялары бар. Бирақ Адам Улының бас паналайтуғын орны да жоқ, – деди. 21 Және бир шәкирти Оған: – Ийем, дәслеп барып, әкемди жерлеўиме рухсат ет, – деди. 22 Бирақ Ийса оған: – Маған ер. Ѳз ѳлгенлерин жерлеўди ѳлилерге қалдыр, – деди. 23 Ийса қайыққа мингенде, шәкиртлери де Оның изинен минди. 24 Теңизде тосаттан күшли даўыл кѳтерилип, толқынлар қайықты суўға толтыра баслады. Ал Ийса уйықлап жатыр еди. 25 Сонда шәкиртлери Оған жақынлап келди де, Оны оятып: – Ийем! Бизлерди қутқар, набыт болажақпыз! – деди. 26 Ийса оларға: – Неге буншама қорқасызлар, ҳәй, исеними азлар? – деди де, турып самалға ҳәм теңизге тыйым салғанда, аўыр тынышлық орнады. 27 Адамлар таң қалысып: – Самалды да, теңизди де Ѳзине бойсындыратуғын бул ким? – дести. 28 Ийса арғы жағадағы Гадара үлкесине келгенде, қәбирлердиң арасынан киятырған жин урған еки адамды ушыратты. Олар жүдә қәҳәрли болғанлықтан, бул жол менен ѳтиўге ҳеш кимниң батылы бармайтуғын еди. 29 Олар қышқырысып: – Ќудайдың Улы Ийса, Сениң бизлер менен не жумысың бар? Бул жерге бизлерди ўақты келместен бурын азаплаўға келдиң бе? – деди. 30 Олардан алысырақта бир үлкен шошқа падасы жайылып жүрген еди. 31 Жинлер Ийсаға: – Егер бизлерди қуўып шығаратуғын болсаң, шошқалардың падасына жибер, – деп жалынды. 32 Сонда Ийса оларға: – Барыңлар, – деди. Жинлер адамлардан шығып, шошқалардың ишине кирди. Сонда шошқалардың ҳәммеси жуўырысып, тик жағадан теңизге түсти де, суўда набыт болды. 33 Падашылар қашып қалаға барып, бәрин хабарлады ҳәм жин урғанларға не болғанын да айтып берди. 34 Сонда қаланың барлық турғынлары Ийсаның алдына шықты. Олар Оны кѳргенде, үлкеден шығып кетиўин ѳтинди.
1 Соңынан Ийса қайыққа минип, теңиздиң арғы жағасына ѳтти де, Ѳз қаласына қайтып келди. 2 Сонда адамлар тѳсегинде жатырған бир ләң адамды кѳтерип, Оған алып келди. Ийса олардың исенимин кѳрип, ләң адамға: – Балам, жигерли бол, гүналарың кеширилди! – деди. 3 Сонда диний муғаллимлердиң гейбиреўлери ишлеринен: «Бул Ќудайға тил тийгизип тур-ғо!» – деди. 4 Ийса олардың не ойлағанын билип, оларға: – Ишлериңизден неге жаманлық ойлап турсызлар? 5 Ќайсысын айтыў аңсатырақ: «Гүналарың кеширилди», – деў ме ямаса «Орныңнан турып жүре бер», – деў ме? 6 Бирақ, Адам Улының жер бетинде гүналарды кешириўге бийлиги бар екенин билип қойыңлар, – деди де, ләң адамға: – Орныңнан турып тѳсегиңди ал да, үйиңе бар! – деди. 7 Ләң адам орнынан турып, үйине кетти. 8 Буны кѳрген адамларды қорқыныш бийлеп, адамларға усындай бийлик берген Ќудайды мақтады. 9 Ийса сол жерден кетип баратырып салық кеңсесинде отырған Матта атлы адамды кѳрди де, оған: – Мениң изиме ер, – деди. Ол орнынан турып, Ийсаның изине ерди. 10 Ийса оның үйинде дастурхан басында отырғанда, кѳплеген салықшылар менен гүнакарлар келип, Ол ҳәм Оның шәкиртлери менен бирге дастурханлас болды. 11 Парисейлер буны кѳрип, Оның шәкиртлеринен: – Сизлердиң Устазыңыз неге салықшылар ҳәм гүнакарлар менен бирге ас ишип отыр? – деп сорады. 12 Буны еситкен Ийса оларға: – Шыпакерге дени саўлар емес, ал аўырыўлар мүтәж. 13 Сизлер барып: «Мен қурбанлық емес, ал мийрим-шәпәәт тилеймен», – деген сѳзлердиң мәнисин билип алыңлар. Себеби Мен ҳақ адамларды емес, ал гүнакарларды шақырыў ушын келдим, – деди. 14 Сол ўақытта Яқыяның шәкиртлери келип, Ийсадан: – Бизлер де, парисейлер де жийи-жийи ораза тутамыз, ал Сениң шәкиртлериң неге ораза тутпайды? – деп сорады. 15 Ийса оларға: – Тойға келгенлер күйеў олар менен бирге болған ўақытта қайғыра ала ма? Бирақ, олардан күйеўди тартып алып кетилетуғын күнлер келеди, сонда олар ораза тутады. 16 Ҳеш ким ески кийимге жаңа таўардан жамаў жамамайды, ѳйткени жаңа жамаў ески кийимнен жыртылып қалып, жыртық бурынғысынан бетер болады. 17 Жаңа шарапты да ҳеш ким ески меске қуймайды. Олай етсе, мес жарылып, шарап та ағып кетеди, мес те бузылады. Жаңа шарап жаңа меске қуйылады, сонда екеўи де сақланады, – деди. 18 Ийса оларға усыларды айтып турғанда қасына бир мәжилисхананың басшысы келип, Оның аяғына жығылды да: – Мениң қызым жаңа ғана ѳлди. Сен келип оған қолыңды тийгиз, сонда ол тириледи, – деди. 19 Ийса орнынан турып, шәкиртлери менен бирге оған ерди. 20 Сонда он еки жыл бойы қан кетип аўырған бир ҳаял Ийсаның артына жақынлап келип, Оның кийиминиң шетине қолын тийгизди. 21 Себеби ҳаял ишинен: «Оның кийимине ғана қолымды тийгизсем, шыпа табаман», – деген еди. 22 Ийса бурылып, оны кѳрди де: – Ќызым, жигерли бол, исенимиң сени қутқарды! – деди. Ҳаял сол ўақытта-ақ шыпа тапты. 23 Ийса басшының үйине келгенде, сыбызғышыларды ҳәм тынышсызланып турған адамларды кѳрип, 24 оларға: – Шығыңлар! Ќыз ѳлген жоқ, тек уйықлап атыр, – деди. Олар Ийсаның үстинен күлди. 25 Адамлар сыртқа шығарылғаннан кейин, Ийса ишке кирип қыздың қолын услағанда, қыз орнынан турды. 26 Бул ўақыя туўралы хабар пүткил дѳгерекке жайылды. 27 Ийса сол жерден кетип баратырғанда Оның изине еки соқыр адам ерип, Оған: – Даўыттың Урпағы! Бизлерге реҳим ете гѳр! – деп бақырысты. 28 Ол үйге киргенде, Оның қасына соқырлар да келди. Ийса оларға: – Мениң буны ислей алатуғыныма исенесизлер ме? – деп сорады. Олар: – Аўа, Ийем, исенемиз, – деп жуўап берди. 29 Сонда Ийса олардың кѳзлерине қолын тийгизип: – Сизлерге исенимиңиз бойынша болсын, – дегенде, 30 олардың кѳзлери кѳре баслады. Ийса оларға: – Абайлаң, буны ҳеш ким билмесин! – деп қатаң тапсырды. 31 Бирақ олар сыртқа шығып, Ийса туўралы хабарды пүткил дѳгерекке жайды. 32 Олар шығып кетейин деп атырған ўақытта адамлар Ийсаға жин урғаны себепли гүңелек болған бир адамды алып келди. 33 Жин қуўып шығарылғаннан кейин, гүңелек адам сѳйлей баслады. Адамлар таң қалысып: – Бундай ўақыя Израилда ҳеш қашан болған емес еди, – дести. 34 Бирақ парисейлер: – Ол жинлерди жинлердиң баслығының күши менен қуўып шығарып жүр, – дести. 35 Соннан соң, Ийса барлық қала ҳәм аўылларды аралап жүрди. Яҳудийлердиң мәжилисханаларында тәлим берди ҳәм Аспан Патшалығы туўралы Хош Хабарды жәриялап, барлық аўырыўларға ҳәм ҳәмме ҳәлсиз адамларға шыпа берди. 36 Ол кѳп халықты кѳрип, оларға жаны ашыды, ѳйткени олар шопансыз қойларға уқсап қыйналған ҳәм пытыраңқы еди. 37 Сонда Ол шәкиртлерине: – Орылатуғын егин кѳп, бирақ жумысшылар аз. 38 Сонлықтан зүрәәттиң ийеси болған Ийемизден Ѳзиниң атызына егинди оратуғын жумысшылар жибериўин дуўа етип сораңлар, – деди.
1 Ийса он еки шәкиртин қасына шақырып алып, оларға жаўыз руўхларды қуўып шығарыўға ҳәм барлық аўырыўлар менен ҳәлсизликлерге шыпа бериўге бийлик берди. 2 Он еки елшиниң атлары мынадай: Петр деп аталған Симон ҳәм оның иниси Андрей, Зебедейдиң баласы Яқып ҳәм оның иниси Юхан. 3 Филип пенен Бартоломей, Томас пенен салықшы Матта, Алпейдиң баласы Яқып ҳәм Тадей. 4 Ўатансүйер Симон ҳәм кейин Ийсаға сатқынлық ислеген Яҳуда Исқариот. 5 Ийса усы он екисин жибергенде, оларға былай деп тапсырмалар берди: – Басқа миллетлердиң жерлерине бармаңлар, самариялылардың қалаларына да кирмеңлер. 6 Ал жоғалған қойлардай болған Израил халқына барыңлар. 7 Баратырып, жол бойы: «Аспан Патшалығы жақынлады», – деп жәриялап жүриңлер. 8 Аўырыўларға шыпа бериңлер, ѳлгенлерди тирилтиңлер, мақаў кесел болғанларды тазалаңлар, жинлерди қуўып шығарыңлар. Ешейин алдыңлар, ешейин бериңлер. 9 Беллик қалталарыңызға алтын, гүмис ҳәм мыс теңгелер салып жүрмеңлер. 10 Жолға дорба да, аўысық кийим де, аяқ кийим де, таяқ та алмаңлар. Себеби мийнет етиўши ѳз нанын табады. 11 Сизлер қайсы қалаға ямаса аўылға кирсеңлер де, сол жерде кимниң ылайықлы екенин излеп табыңлар да, кеткенше сол адамның үйинде турыңлар. 12 Оның үйине киргениңизде, аманлық тилеп сәлем бериңлер. 13 Үй ылайықлы болса, тилеген аманлығыңыз сол үйге орнайды, ылайықлы болмаса, тилеген аманлығыңыз ѳзлериңизге қайтады. 14 Егер сизлерди биреў қабыл алмаса ҳәм сѳзлериңизге қулақ аспаса, сол үйден ямаса қаладан шығып баратырып, аяқларыңыздағы шаңды қағып кетиңлер. 15 Сизлерге шынын айтып турман: ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде Содом менен Гомораның аўҳалы сол қаланың аўҳалынан жеңилирек болады. 16 – Мине, Мен сизлерди қойларды қасқырлардың арасына жибергендей жиберип атырман. Сонлықтан жыландай ақыллы, кептердей ақ кеўил болыңлар. 17 Адамлардан сақ болыңлар, олар сизлерди ҳүким етиўшилерге услап береди, мәжилисханаларында қамшылап сабайды. 18 Мен себепли сизлер ҳәкимлер ҳәм патшалардың алдыларына апарыласызлар. Усылайынша сизлер оларға ҳәм басқа миллетлерге Мен туўралы гүўалық бересизлер. 19 Сизлерди услап берген ўақытта қалай ямаса не айтыў ҳаққында қайғырмаңлар: ѳйткени айтатуғын сѳзлериңиз сол ўақытта сизлерге бериледи. 20 Себеби сизлер емес, ал сизлер арқалы Єкеңиздиң Мухаддес Руўхы сѳйлейди. 21 Туўысқаны туўысқанын, әкеси баласын ѳлимге услап береди. Балалары да ата-аналарына қарсы шығып, оларды ѳлтиртеди. 22 Мениң атым себепли, сизлерди ҳәмме жек кѳреди. Бирақ ақырына дейин шыдаған қутқарылады. 23 Сизлерди бир қалада қуўдаласа, екинши қалаға қашыңлар. Сизлерге шынын айтып турман: сизлер Израил елиниң қалаларын аралап болмай-ақ, Адам Улы жетип келеди. 24 Шәкирт устазынан, хызметши хожасынан уллы емес. 25 Шәкирт устазы сыяқлы болса, хызметши де хожасы сыяқлы болса, оларға жеткиликли. Адамлар үй ийесин Белзебүл-шайтан деп атаған болса, оның үй-ишине оннан да жаманырақ ат тақпай ма?! 26 – Солай етип, олардан қорқпаңлар. Ѳйткени ашылмайтуғын ҳеш қандай сыр, билинбейтуғын ҳеш қандай жасырын нәрсе жоқ. 27 Мениң сизлерге қараңғыда айтып турғанымды сизлер жарықта айтыңлар. Ќулақларыңызға сыбырлап айтылғанды үй тѳбесинен жәриялаңлар. 28 Денени ѳлтирсе де, жанды ѳлтире алмайтуғынлардан қорқпаңлар. Ал жанды да, денени де дозақта жоқ қыла алатуғын Ќудайдан қорқыңлар. 29 Еки шымшық бир тийинға сатылмай ма? Бирақ олардың биреўи де Єкеңиздиң ерки болмаса жерге қулап түспейди. 30 Басларыңыздағы шашлардың бәри де Ќудайға санаўлы. 31 Сонлықтан қорқпаңлар: кѳп шымшықлардан сизлер қымбатлырақсызлар-ғо. 32 Солай етип, ким де ким Мени адамлар алдында тән алса, Мен де оны аспандағы Єкемниң алдында тән аламан. 33 Ал ким де ким Мени адамлар алдында тән алмаса, Мен де оны аспандағы Єкемниң алдында тән алмайман. 34 – Мени жер жүзине татыўлық әкелген, деп ойламаңлар. Мен татыўлық емес, қылыш бериўге келдим. 35 Себеби Мен улын әкесине, қызын анасына, келинин қәйин енесине қарсы етип, айырыўға келдим. 36 Адамның душпанлары ѳзиниң үй-иши болады. 37 Ким де ким Меннен артық әкесин ямаса анасын сүйсе, ол Маған ылайықлы емес. Ким де ким Меннен артық улын ямаса қызын сүйсе, ол Маған ылайықлы емес. 38 Ким де ким ѳз атанақ ағашын арқалап Мениң изиме ермесе, ол Маған ылайықлы емес. 39 Ѳз жанын сақлап жүрген адам оны жоғалтады, ал жанын Мен ушын жоғалтқан адам оны сақлап қалады. 40 – Ким де ким сизлерди қабыл алса, оның Мени қабыл алғаны болады, ким де ким Мени қабыл алса, оның Мени Жибергенди қабыл алғаны болады. 41 Ким де ким пайғамбарды пайғамбар болғаны ушын қабыл алса, ол пайғамбар алатуғын сыйлықты алады. Ким де ким ҳақ адамды ҳақ болғаны ушын қабыл алса, ол ҳақ адам алатуғын сыйлықты алады. 42 Мен сизлерге шынын айтып турман: ким де ким усылардың ишиндеги ең қарапайымына шәкиртлеримниң бири болғаны ушын тек бир кесе суўық суў ишкизсе де, ол сыйсыз қалмайды.
1 Ийса он еки шәкиртине усы тапсырмаларды берип болғаннан кейин, сол жерден кетип, жақын жайласқан қалаларда тәлим бериўге ҳәм Хош Хабарды жәриялаўға барды. 2 Яқыя қамақта отырып, Масихтың ислеген ислери ҳаққында еситкенде ѳз шәкиртлерин жиберип: 3 «Келетуғын Ќутқарыўшы Сенбисең ямаса басқа биреўди күтиўимиз керек пе?» – деп Оннан соратты. 4 Ийса оларға жуўап берип: – Барыңлар, еситип-кѳргенлериңизди Яқыяға билдириңлер. 5 Соқырлардың кѳрип, ақсақ болғанлардың жүрип, мақаў кесел болғанлардың тазаланып, гереңлердиң еситип, ѳлгенлердиң тирилип, Хош Хабардың жарлыларға жәрияланып атырғанын айтып бериңлер. 6 Маған гүмансыз исенгенлер бахытлы, – деди. 7 Олар кеткеннен кейин, Ийса халыққа Яқыя туўралы айта баслады: – Сизлер шѳл далаға нени кѳриўге бардыңлар? Самал тербеткен қамысты ма? 8 Айтыңлар, нени кѳриўге бардыңлар? Ҳасыл кийим кийген бир адамды ма? Ҳасыл кийим кийгенлер патша сарайларында болады-ғо. 9 Солай етип, нени кѳриўге бардыңлар? Пайғамбарды ма? Аўа, Мениң сизлерге айтатуғыным: ол – пайғамбардан да уллы. 10 Ѳйткени Мухаддес Жазыўда: «Мине, Мен Сеннен бурын Ѳз хабаршымды жиберемен, ол Сениң баратуғын жолыңды алдыңнан таярлап қояды», деп айтылған адам – усы. 11 Сизлерге шынын айтып турман: ҳаялдан туўылғанлардың арасында Шомылдырыўшы Яқыядан уллы адам жоқ. Бирақ Аспан Патшалығындағы ең кишкене адам да оннан уллы. 12 Шомылдырыўшы Яқыяның күнлеринен баслап ҳәзирге дейин Аспан Патшалығына зорлық жасалып, зорлық жасаўшылар Оны басып алып атыр. 13 Барлық пайғамбарлар ҳәм Мухаддес Нызам Яқыя келиўге дейин Аспан Патшалығы ҳаққында болжап келген. 14 Егер буларды қабыл еткиңиз келсе, келиўге тийисли болған Илияс пайғамбар – усы Яқыя. 15 Ќулағы бар жақсылап еситип алсын! 16 - 17 Ҳәзирги әўладты кимге уқсатайын? Олар базарда жолдасларына: «Сизлерге сыбызғы шерттик, бирақ сизлер ойнамадыңлар! Сизлерге жоқлаў айттық, бирақ сизлер жыламадыңлар!» – деп бақырып отырған балаларға уқсайды. 18 Себеби Яқыя келип, ишип жемеди. Сонда олар: «Оны жин урған», – дести. 19 Адам Улы келип, ишип жеди. Сонда олар: «Мине, тамақсаў ҳәм арақхор адам, Ол салықшылар менен гүнакарлардың досты», – деп айтысып атыр. Ал Ќудайдың даналығы ислер арқалы ақланады. 20 Соннан соң, Ийса кәраматларын кѳбирек ислеген қалаларды тәўбе етпегенлиги ушын айыплай баслады: 21 – Ҳәсирет шегесең, Хоразин! Ҳәсирет шегесең, Бетсайда! Егер сизлерде исленген кәраматлар Тир ҳәм Сидон қалаларында исленгенинде, олар әлле қашан бетин тырнап, шашын жулып қайғырып, тәўбе етер еди. 22 Ал Мениң сизлерге айтатуғыным: ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде Тир менен Сидонның аўҳалы сизлердиң аўҳалыңыздан жеңилирек болады. 23 Ҳәй сен, Капарнаҳум, аспанға кѳтерилесең бе? Яқ, дозаққа қулатыласаң. Ѳйткени сенде болған кәрамат ислер Содомда исленгенинде, ол бул күнге дейин сақланар еди. 24 Ал Мениң саған айтатуғыным: ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде Содом қаласының аўҳалы сениң аўҳалыңнан жеңилирек болады. 25 Сол ўақытта Ийса сѳзин даўам етип: – О, Єкем, аспан менен жердиң Ийеси! Буларды даналардан ҳәм ақыллылардан жасырып, нәрестедей адамларға ашып билдиргениң ушын Сени мақтайман! 26 Аўа, Єке! Себеби Сениң қәлеўиң усындай еди. 27 Маған ҳәммеси Єкемнен берилген. Єкеден басқа ҳеш ким Улын билмейди. Єкени де тек ғана Улы ҳәм Улы таңлап ашып билдиргиси келгенлер ғана биледи. 28 Ҳәй, шаршап, аўыр жүк басқанлар, ҳәммеңиз Маған келиңлер! Мен сизлерди рәҳәтлендиремен. 29 Мойынтырығымды салып, Меннен үйрениңлер: ѳйткени Мен мѳмин ҳәм кишипейилмен. Солай етип, кеўиллериңиз тынышлық табады. 30 Мен берген мойынтырық ыңғайлы, жүгим жеңил, – деди.
1 Сонда бир дем алыс күни Ийса бийдай атызының арасынан ѳтип баратыр еди. Шәкиртлери аш болып, бийдайдың масақларын үзип алып жей баслады. 2 Буны парисейлер кѳрип, Оған: – Ќара, Сениң шәкиртлериң дем алыс күнинде ислеўге болмайтуғын исти ислеп атыр, – деди. 3 Ийса оларға: – Ѳзи де, қасындағылар да аш болғанда, Даўыттың не ислегенин сизлер оқымағансызлар ма? 4 Ол Ќудайдың Үйине кирип, руўханийлерден басқа ѳзине де, қасындағыларға да жеўге болмайтуғын, Ќудайға арналған нанларды жеген емес пе? 5 Дем алыс күнинде руўханийлер Ибадатханада дем алыс күни ҳаққында Мухаддес Нызамды бузса да гүнасыз болатуғынларын Мухаддес Нызамда оқымағансызлар ма? 6 Сизлерге айтатуғыным: бул жерде Ибадатханадан да уллы Биреў бар. 7 Егер сизлер: «Мен қурбанлық емес, ал мийрим-шәпәәт тилеймен», – деген сѳздиң мәнисин түсинсеңлер, гүнасызларды айыпламас едиңлер. 8 Адам Улы дем алыс күниниң де ийеси, – деди. 9 Ийса ол жерден кетип, олардың мәжилисханасына кирди. 10 Сол жерде бир қолы ләң адам бар еди. Парисейлер Ийсаны айыпламақшы болып, Оған былай деп сораў қойды: – Дем алыс күнинде аўырыў адамға шыпа бериў нызамға туўры келе ме? 11 Ийса оларға: – Сизлердиң араңыздағы бириңиздиң жалғыз ғана қойы болса, ол дем алыс күни бир шуқырға түсип кеткенде, оны шығарып алмай ма? 12 Адам қойдан гѳре, анағурлым артық емес пе? Демек, дем алыс күни жақсылық ислеў нызамға туўры келеди, – деди. 13 Соңынан Ол қолы ләң адамға: – Ќолыңды соз! – деди. Адам қолын созғанда, екиншисиндей сап-саў болып қалды. 14 Сонда парисейлер сыртқа шығып, Ийсаны жоқ қылыў туўралы тил бириктире баслады. 15 Бирақ Ийса буны билип, сол жерден кетип қалды. Оның изине кѳп халық ерип жүрди. Ол аўырыўлардың ҳәммесине шыпа берип, 16 Ѳзиниң ким екенлигин ашық айтыўды оларға қадаған ететуғын еди. 17 Бул Ќудайдың Ийшая пайғамбар арқалы айтқан сѳзлериниң орынланыўы ушын болды: 18 «Бул – таңлап алған Хызметшим, Кеўлим унатқан Сүйиклим. Мен Ѳз Руўхымды Оған беремен. Ол ҳәмме халықларға әдилликти жәриялайды. 19 Тартыспайды да, бақырмайды да, Оның даўысы кѳшелерде еситилмейди. 20 Єдиллик жеңиске ериспегенше, Ол бүгилген қамысты сындырмайды ҳәм пысқып турған пиликти ѳширмейди. 21 Халықлар Оның атынан үмит етип жасайды». 22 Сол ўақытта адамлар Ийсаға жин урып, гүң ҳәм соқыр болған адамды алып келди. Ийса оған шыпа бергенликтен, гүң-соқырдың кѳзи ашылып, сѳйлей баслады. 23 Адамлардың ҳәммеси қатты таң қалысып: – Даўыттың Урпағы – Усы емес пе екен? – дести. 24 Буны еситкен парисейлер: – Ол жинлерди тек жинлердиң баслығы Белзебүл-шайтанның күши менен ғана қуўып шығарып жүр, – дести. 25 Ал Ийса олардың ойларын билип, былай деди: – Ѳз ара қарсы болып бѳлинген ҳәр бир патшалық жоқ болады, ѳз ара қарсы болып бѳлинген ҳәр бир қала ямаса үй қулайды. 26 Ал егер шайтан ѳзин ѳзи қуўып шығарса, онда оның ѳз ара қарсы болып бѳлингени болады. Олай болса, оның патшалығы қалай сақланады? 27 Егер Мен жинлерди Белзебүл-шайтанның күши менен қуўып шығаратуғын болсам, онда сизлердиң шәкиртлериңиз оларды кимниң күши менен қуўып шығарып жүр? Солай етип, олар сизлердиң надурыс екениңизди әшкаралайды. 28 Бирақ Мен жинлерди Ќудайдың Руўхы менен қуўып шығаратуғын болсам, онда сизлерге Ќудай Патшалығының жетип келгени. 29 Ким дәслеп күшли адамды байлап тасламай турып, оның үйине кирип, мал-мүлкин тартып әкете алады? Тек оны байлағаннан кейин ғана оның үйин тонай алады-ғо. 30 Ким де ким Мениң менен бирге болмаса, ол Маған қарсы. Ким де ким Мениң менен бирге жыйнамаса, ол шашады. 31 Сонлықтан сизлерге айтатуғыным: адамлар ҳәр қандай гүна ислесе де, тил тийгизсе де кешириледи, бирақ Мухаддес Руўхқа тил тийгизсе, кеширилмейди. 32 Ким де ким Адам Улына қарсы бир сѳз айтса, кешириледи, бирақ Мухаддес Руўхқа қарсы сѳйлеген ҳәзир де, келешекте де кеширилмейди. 33 Теректи жақсы деп санасаңлар, мийўесин де жақсы деп санаңлар, ал теректи жаман деп санасаңлар, мийўесин де жаман деп санаңлар. Себеби терек мийўесинен билинеди. 34 Ҳәй, уўлы жыланлардың туқымлары! Сизлер ѳзлериңиз жаман бола тура, қалай жақсы сѳзлер сѳйлей аласызлар? Адамның кеўли неге толып тасса, аўзынан сол шығады-ғо. 35 Жақсы адам кеўлиндеги жақсы ғәзийнесинен жақсылық шығарады, ал жаман адам кеўлиндеги жаман ғәзийнесинен жаманлық шығарады. 36 Сизлерге айтатуғыным мынаў: адамлар айтқан ҳәр бир бос сѳзи ушын ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде жуўап бериўлери шәрт. 37 Ѳйткени сен ѳз сѳзлериң менен ақланасаң да, ѳз сѳзлериң ушын айыпланасаң да. 38 Сонда диний муғаллимлер менен парисейлердиң гейбиреўлери Ийсаға: – Устаз! Сени Ќудайдың жибергенлигин дәлиллейтуғын кәраматлы белги кѳрсетиўиңди қәлеймиз, – деди. 39 Бирақ Ийса оларға былай деп жуўап қайтарды: – Жаман ҳәм опасыз әўлад кәраматлы белги талап етпекте. Бирақ оған Юнус пайғамбардың кәраматлы белгисинен басқасы кѳрсетилмейди. 40 Юнустың үлкен балықтың ишинде үш күн, үш түн болғанындай, Адам Улы да жер қойнында үш күн, үш түн болады. 41 Ниневия турғынлары ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде усы әўлад пенен бирге турып, оны айыплайды. Себеби Юнус жәриялағанда, олар тәўбе еткен-ғо. Бирақ бул жерде Юнустан да уллы Биреў бар. 42 Ќубладағы ҳаял патша да ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде усы әўлад пенен бирге турып, оны айыплайды. Ѳйткени ол Сулайманның даналығын еситиў ушын жер бетиниң арғы шетинен келген-ғо. Бирақ бул жерде Сулайманнан да уллы Биреў бар. 43 – Жаўыз руўх адамнан шыққаннан кейин суўсыз жерлерди гезип, дем алыўға орын излейди, бирақ таба алмайды. 44 Сонда ол ѳзине: «Шыққан үйиме қайтайын», – дейди ҳәм қайтып келгенде, үйдиң бос болып, тазаланып ҳәм жыйналып турғанын кѳреди. 45 Сонда ол барып, ѳзинен де жаўыз жети руўхты ертип келеди де, кирип сол үйде турады. Солай етип, сол адамның соңғы аўҳалы бурынғыдан да жаман болады. Бул жаман әўладқа да сондай болады! 46 Ийса халыққа сѳйлеп турғанда, анасы менен туўысқанлары келди. Олар сыртта турып, Оның менен сѳйлеспекши болды. 47 Сонда биреў Оған: – Анаң менен туўысқанларың Сениң менен сѳйлеспекши болып, сыртта турыпты, – деди. 48 Ол буны айтқан адамға қарап: – Мениң анам ким, туўысқанларым кимлер? – деди де, 49 Ѳзиниң шәкиртлерин қолы менен кѳрсетип былай деди: – Мине, Мениң анам ҳәм туўысқанларым! 50 Себеби ким де ким Мениң аспандағы Єкемниң еркин орынласа, Мениң туўысқаным да, анам да – сол.
1 Сол күни Ийса үйден шығып, теңиздиң жағасына барып отырды. 2 Оның жанына жүдә кѳп халық жыйналғанлықтан, Ол қайыққа минип отырды, ал халық жағада турды. 3 Ол тымсаллар менен оларға кѳп нәрселерди айтып, былай деди: – Бир күни туқым себиўши туқым себиўге шығыпты. 4 Ол сепкенде, туқымлардың гейбиреўлери жол шетине түсип, қуслар келип, оларды шоқып жеп қойыпты. 5 Гейбиреўлери топырағы аз болған таслаққа түсип, жер терең болмағанлықтан тез кѳгерип шығыпты. 6 Бирақ күн шыққаннан соң солып, тамырсыз болғанлықтан қуўрап қалыпты. 7 Гейбиреўлери тикенлер арасына түсипти. Тикенлер ѳскеннен соң, оларды туншықтырып таслапты. 8 Ал басқалары ѳнимли жерге түсип, биреўи жүз еседен, биреўи алпыс еседен, биреўи отыз еседен зүрәәт берипти. 9 Ќулағы бар жақсылап еситип алсын! 10 Ийсаның шәкиртлери қасына келип, Оннан: – Халыққа не ушын тымсаллар менен сѳйлеп турсаң? – деп сорады. 11 Ийса оларға былай деп жуўап берди: – Аспан Патшалығының сырларын билиў сизлерге берилген, бирақ оларға берилмеген. 12 Себеби кимде бар болса, оған және де мол етип бериледи, ал кимде жоқ болса, оннан бары да тартып алынады. 13 Сонлықтан да оларға тымсаллар менен сѳйлеп турман. Ѳйткени: «Олар қараса да кѳрмейди, Тыңласа да еситпейди ҳәм түсинбейди». 14 Ийшая пайғамбардың алдын ала олар ҳаққында айтқаны дурыс келди: «Тыңлап еситесизлер, бирақ түсинбейсизлер, Ќарайсызлар, бирақ кѳрмейсизлер! 15 Себеби бул халықтың кеўли қайсар болып, қулақлары питип қалған, олар кѳзлерин де жумып алған. Олай болмағанда, олардың кѳзлери кѳрер еди, Ќулақлары еситер еди, кеўиллери түсинер еди. Олар Маған қайтып келсе, Мен оларға шыпа берер едим». 16 Бирақ, сизлердиң кѳрип турған кѳзлериңиз, еситип турған қулақларыңыз бахытлы! 17 Сизлерге шынын айтып турман: кѳплеген пайғамбарлар менен ҳақ адамлар сизлердиң кѳргенлериңизди кѳргиси келген еди, бирақ кѳрмеди. Еситкенлериңизди еситкиси келген еди, бирақ еситпеди. 18 – Енди сизлер туқым себиўши туўралы тымсалдың мәнисин тыңлаңлар. 19 Аспан Патшалығы туўралы айтылған сѳзди еситкен, бирақ оны түсинбеген адамға шайтан келип, оның кеўлине себилген сѳзди тартып әкетеди. Жол бойына себилген туқымның мәниси усы. 20 Ал таслаққа себилген туқым мынаны билдиреди: адам сѳзди еситкен ўақытта-ақ, оны қуўаныш пенен қабыл алады. 21 Бирақ тамырсыз болғанлықтан, турақсызлық етеди. Сѳз ушын азап шегиўге ямаса қуўдаланыўға туўра келгенде, тез исенимнен қайтады. 22 Тикенлер арасына себилген туқым мынаны билдиреди: адам сѳзди еситеди, бирақ бул дүньяның тәшиўишлери ҳәм байлыққа алданыў сѳзди туншықтырады. Сонлықтан ол зүрәәт бермейди. 23 Ал ѳнимли жерге себилген туқым мынаны билдиреди: адам сѳзди еситип, оны түсинеди ҳәм биреўлери жүз еседен, биреўлери алпыс еседен, биреўлери отыз еседен зүрәәт береди. 24 Ийса басқа тымсал келтирип, оларға былай деди: – Аспан Патшалығы ѳзиниң егислик жерине жақсы туқым сепкен адамға уқсайды. 25 Түнде, адамлар уйықлаған ўақытта душпаны келип, оның бийдайының арасына ҳарам шѳп егип кетипти. 26 Бийдай кѳгерип масақ шығарғанда, ҳарам шѳп те пайда бола баслапты. 27 Сонда хызметшилери хожасына келип: «Хожайын! Сиз егислик жериңизге жақсы туқым сеппеген бе едиңиз? Онда ҳарам шѳп қаяқтан пайда болды?» – депти. 28 Ол: «Буны душпан иследи», – депти. Сонда хызметшилери: «Бизлердиң барып, оларды суўырып таслаўымызды қәлейсиз бе?» – деп сорапты. 29 Ол: «Яқ, сизлер ҳарам шѳплерди суўырғаныңызда, олар менен бирге бийдайды да суўырып алыўыңыз мүмкин. 30 Орыў мәўсими жеткенше, екеўи қатар ѳсе берсин. Орыў мәўсиминде мен орақшыларға: „Дәслеп ҳарам шѳпти жыйнаңлар ҳәм баўлап ѳртеңлер, ал бийдайды телегиме қуйыңлар“, – деймен», – депти. 31 Ийса оларға ѳзге бир тымсал келтирип, былай деди: – Аспан Патшалығы бир адамның ѳз егислик жерине еккен қышқыл туқымына уқсайды. 32 Ол туқымлардың ишиндеги ең кишкенеси болса да, ѳсип шыққаннан соң барлық шѳплерден үлкейип, терек болады. Шақаларына аспан қуслары ушып келип, уя салады. 33 Ийса оларға басқа тымсал айтып: – Аспан Патшалығы бир ҳаялдың алып, барлық қамыр ашығанша, үш самар унға араластырған ашытқысына уқсайды, – деди. 34 Ийса булардың ҳәммесин халыққа тымсаллар менен айтты. Тымсалсыз оларға ҳеш нәрсе айтпады. 35 Солай етип, пайғамбардың алдын ала айтқан мына сѳзлери орынланды: «Аўзымды тымсаллар айтыў ушын ашып, дүнья жаратылғаннан бери жасырын болғанларды сѳйлеймен». 36 Соңынан Ийса халықты қалдырып, үйге кирди. Шәкиртлери Оның қасына келип: – Егислик жердеги ҳарам шѳп туўралы тымсалды бизлерге түсиндирип бер, – деди. 37 Ийса былай деп жуўап берди: – Жақсы туқым себиўши – Адам Улы. 38 Егислик жер – дүнья, жақсы туқымлар – Аспан Патшалығының балалары. Ал ҳарам шѳплер – шайтанның балалары. 39 Ҳарам шѳплерди сепкен душпан – шайтан. Орыў мәўсими – ақырзаман, орақшылар – периштелер болады. 40 Солай етип, ҳарам шѳплерди қалай жыйнап алып, отқа жақса, бул дүньяның ақырында да сондай болады. 41 Адам Улы периштелерин жибереди, Оның Патшалығынан олар барлық азғырыўшылар менен нызамды бузыўшыларды жыйнап алады да, 42 жанып турған ошаққа таслайды: олар сол жерде жылап, пушайман жейди. 43 Сонда ҳақ адамлар ѳзлериниң Єкесиниң Патшалығында күн сыяқлы жарқырап турады. Ќулағы бар жақсылап еситип алсын! 44 – Аспан Патшалығы егислик жерге жасырылған ғәзийнеге уқсайды. Оны биреў таўып алып, және жасырып қойыпты да, қуўанғанынан барлық мал-мүлкин сатып жиберип, сол егислик жерди сатып алыпты. 45 Және Аспан Патшалығы ҳасыл ҳинжилер излеп жүрген бир саўдагерге уқсайды. 46 Ол жүдә қымбат бир ҳинжини тапқанда, ѳзиниң барлық мал-мүлкин сатып жиберип, сол ҳинжини сатып алыпты. 47 – Және Аспан Патшалығы теңизге салынып, әлўан түрли балықлар түскен аўға уқсайды. 48 Толғаннан кейин, балықшылар оны жағаға сүйреп шығарыпты. Соңынан отырып, жақсыларын таңлап ыдысларға салып, ал жаманларын ылақтырып таслапты. 49 Ақырзаманда да солай болады: периштелер келип, жаман адамларды ҳақ адамлардан айырып алып, 50 жанып турған ошаққа таслайды. Олар сол жерде жылап, пушайман жейди. 51 Соннан соң, Ийса олардан: – Булардың ҳәммесин түсиндиңлер ме? – деп сорады. Олар: – Аўа, Ийем, түсиндик, – деди. 52 Ийса оларға: – Сонлықтан Аспан Патшалығынан үйренген ҳәр бир диний муғаллим ѳз ғәзийнесинен жаңаны да, гѳнени де шығарыўшы үй ийесине уқсайды, – деди. 53 Ийса усы тымсалларды айтып болғаннан соң, сол жерден кетип қалды. 54 Ѳзи ѳскен қалаға келип, сол жердеги мәжилисханада халыққа тәлим бере баслады. Халық таң қалысып: – Ол бундай даналықты ҳәм кәрамат ислеў қүдиретин қаяқтан алған? 55 Ол – ағаш устасының баласы емес пе? Оның анасының аты Мәриям, инилериниң атлары Яқып, Юсуп, Симон, Яҳуда емес пе? 56 Оның ҳәмме қарындаслары да бизиң арамызда емес пе? Ал булардың ҳәммеси Онда қаяқтан пайда болды екен? – деди де, 57 Оны тән алмады. Сонда Ийса оларға: – Пайғамбардың барлық жерде қәдири бар, ол тек ѳз ўатаны менен үйинде ғана қәдирсиз, – деди. 58 Олар исенбегени себепли, Ийса ол жерде кѳп кәраматларды ислемеди.
1 Сол ўақытта Ийса ҳаққында хабарды Галила үлкесиниң патшасы Ҳирод та еситип, 2 ѳз хызметкерлерине: – Бул адам – Шомылдырыўшы Яқыя. Ол ѳлимнен қайта тирилипти, сонлықтан да усындай кәраматлар ислемекте, – деди. 3 Буннан бурын Ҳирод ѳз иниси Филиптиң ҳаялы Ҳиродия себепли Яқыяны услап алып байлатып, қаматып таслаған еди. 4 Ѳйткени Яқыя оған: «Оны ҳаял қылып алыўың нызамға туўры келмейди», – деген еди. 5 Ҳирод Яқыяны ѳлтирмекши де болып еди, бирақ халықтан қорқты. Себеби халық Яқыяны пайғамбар деп санайтуғын еди. 6 Ал Ҳирод туўылған күнин тойлағанда, Ҳиродияның қызы жыйналған қонақлардың алдында ойынға түсип, Ҳиродтың кеўлинен шықты. 7 Соның ушын ол қыз не тилесе де бермекши болып, ўәде берип, ант ишти. 8 Ќыз анасының кеңеси бойынша: – Шомылдырыўшы Яқыяның басын алдырып, маған ҳәзир табаққа салып бериң, – деди. 9 Патша буған қыйналса да, ѳзи ант ишкенликтен ҳәм қонақлары себепли, қызға сорағанын бериўди буйырды. 10 Солай етип, патша адам жиберип, қамақта Яқыяның басын кестирди. 11 Табаққа салып әкелинген бас қызға берилди. Ќыз оны анасына апарып берди. 12 Яқыяның шәкиртлери келип, оның денесин алып кетип жерледи. Соннан соң барып, Ийсаға хабарлады. 13 Ийса буны еситкеннен кейин қайыққа минип, елсиз бир жерге жалғыз кетип қалды. Бул туўралы еситкен халық ѳз қалаларынан шығып, пиядалап Оның изине ерди. 14 Ийса қайықтан түскенде соншама халықты кѳрди, оларға жаны ашып, аўырыўларына шыпа берди. 15 Кеш болғанда шәкиртлери қасына келип, Оған: – Бул – бир елсиз жер, күн де кеш болды. Халықты тарқатып жибер, олар аўылларға барып, ѳзлерине аўқат сатып алсын, – деди. 16 Бирақ Ийса: – Олар кетпеўи керек, оларға сизлер аўқат бериңлер, – деди. 17 – Бизлерде тек бес нан менен еки балық ғана бар, – деди олар. 18 Ийса: – Оларды бул жерге, Маған алып келиңлер, – деди. 19 Соңынан халыққа шѳпли жерге отырыўды буйырды да, бес нан менен еки балықты алып, аспанға қарап Ќудайға шүкирлик етти. Нанларды сындырып, шәкиртлерине берди, олар халыққа үлестирди. 20 Ҳәммеси жеп тойды, аўысқан бѳлеклерин жыйнап алып, үлкен он еки себет толтырды. 21 Ал жегенлер ҳаял ҳәм балалардан басқа бес мыңдай адам еди. 22 Буннан соң дәрҳал Ийса шәкиртлерине қайыққа миниўди ҳәм Ѳзинен бурын арғы жағаға кетиўди буйырды. Ал Ѳзи халықты тарқатып жиберди. 23 Халықты тарқатып жибергеннен соң, Ийса дуўа етиў ушын жалғыз Ѳзи таўға шықты, кеште де сол жерде жалғыз қалды. 24 Ал сол ўақытта теңиздиң жағасынан узақласқан қайықты толқынлар соққылай баслады, ѳйткени күшли самал қайыққа қарсы есип тур еди. 25 Ерте таңда Ийса теңиздиң үсти менен жүрип, олардың қасына барды. 26 Шәкиртлери теңиздиң үсти менен киятырған Оны кѳргенде зәррелери ушып: – Бул әрўақ, – деп қатты қорқып бақырысты. 27 Бирақ Ийса оларға дәрриў: – Жигерлениңлер! Бул Мен-ғо, қорқпаңлар, – деди. 28 Петр Оған жуўап берип: – Ийем! Егер бул Сен болсаң, маған суўдың үсти менен Сениң қасыңа жүрип барыўды буйыр, – деди. 29 Ийса: – Кел, – деди. Петр қайықтан түсип, Ийсаға қарай суўдың үсти менен жүрип кетти. 30 Бирақ ол самалдың күшли екенин кѳргенде қорқып кетип, суўға бата баслағанда: – Ийем! Мени қутқар! – деп бақырды. 31 Ийса дәрриў қолын созып, оны тартып алды да, оған: – Ҳәй, исеними аз! Сен неге гүманландың? – деди. 32 Олар қайыққа мингенде, самал тынып қалды. 33 Ќайықтағы шәкиртлери Ийсаның аяғына жығылып: – Сен шынында да, Ќудайдың Улысаң! – дести. 34 Олар теңиздиң арғы жағасына ѳтип, Генесарет жерине келип тоқтады. 35 Сол жердиң турғынлары Ийсаны танып, пүткил дѳгерекке хабарлады ҳәм аўырған адамлардың ҳәммесин Оған алып келди. 36 Олар Ийсадан тек кийиминиң шетине ғана қол тийгизиўге рухсат сорады. Ќол тийгизгенлердиң ҳәммеси шыпа тапты.
1 Сонда Ийсаның қасына Ерусалимнен парисейлер менен диний муғаллимлер келип, Оған: 2 – Не ушын Сениң шәкиртлериң ата-бабалардан қалған дәстүрлерди бузып жүр? Олар нан жеўден алдын қолларын жуўмайды-ғо, – деди. 3 Ийса оларға жуўап берип, былай деди: – Сизлер не ушын дәстүрлериңиз себепли Ќудайдың буйрығын бузасызлар? 4 Себеби Ќудай: «Ата-анаңды сыйла» ҳәм: «Ким де ким әкесине ямаса анасына жаман сѳз айтса, ол ѳлтирилсин» деп буйрық берген. 5 Ал сизлер: «Ким де ким әкесине ямаса анасына: „Сизлерге беретуғынымды Ќудай жолына қурбан етип бағышлайман“, десе, 6 ол әкесин ямаса анасын сыйламаса да болады», – дейсизлер. Солай етип, дәстүрлериңиз себепли, сизлер Ќудайдың сѳзин бийкар етип атырсызлар. 7 Ҳәй, еки жүзлилер! Ийшая пайғамбар сизлер туўралы алдын ала дурыс айтқан: 8 «Бул халық сыйлар Мени тили менен, Ал кеўиллери тур Меннен алыс. 9 Олар Маған босқа сыйынып, Адам ойлап тапқан парызларды үйретер». 10 Соңынан Ийса халықты шақырып алып, оларға: – Тыңлап, түсинип алыңлар: 11 адамды оның аўзына енген нәрсе емес, ал аўзынан шыққан нәрсе ҳарамлайды, – деди. 12 Сонда Оның шәкиртлери қасына келип, Оннан: – Бул сѳзди еситкенде, парисейлердиң ашыўланып қалғанын билдиң бе? – деп сорады. 13 Ийса оларға: – Аспандағы Єкем екпеген ҳәр бир ѳсимлик түп-тамыры менен жулып тасланады. 14 Оларды қойыңлар. Олар – соқырлардың соқыр жетелеўшилери. Егер соқырды соқыр жетелесе, екеўи де шуқырға қулап түседи, – деди. 15 Петр Оған: – Бул тымсалды бизлерге түсиндирип бер, – деди. 16 Ийса оларға: – Сизлер еле түсинбей турсызлар ма? 17 Аўызға енгенниң ҳәммеси қарынға баратуғынын, оннан соң сыртқа шығып қалатуғынын түсинбейсизлер ме? 18 Аўыздан шыққан кеўилден шығады. Адамды ҳарамлайтуғын усы. 19 Ѳйткени жаманлық ойлаў, адам ѳлтириў, неке ҳадаллығын бузыў, бузық болыў, урлық ислеў, жалған гүўалық бериў ҳәм масқаралаў кеўилден шығады. 20 Адамды ҳарамлайтуғын усылар. Ал қол жуўмай аўқат ишиў адамды ҳарамламайды, – деди. 21 Ийса сол жерден шығып, Тир ҳәм Сидон үлкесине кетти. 22 Сол үлкелерден кананлы бир ҳаял келип, Оған: – Ийем, Даўыттың Урпағы, маған реҳим ете гѳр! Мениң қызымды жин урып, қатты қыйналып атыр, – деп бақырды. 23 Бирақ Ийса оған ҳеш нәрсе айтпады. Сонда шәкиртлери қасына келип, Оннан: – Оны жибер, изимизден бақырып киятыр-ғо, – деп ѳтинди. 24 Ийса: – Мен тек Израилдың жоғалған қойларына жиберилгенмен, – деп жуўап қайтарды. 25 Сонда ҳаял келип, Оның аяғына жығылды да: – Ийем! Маған жәрдем ете гѳр! – деп жалынды. 26 Ийса оған жуўап берип: – Балалардың нанын алып, ийтлерге таслаў дурыс емес, – деди. 27 Ҳаял: – Аўа, Ийем, солай. Бирақ ийтлер де хожайынларының дастурханынан түскен усақларды жейди-ғо, – деди. 28 Сонда Ийса оған: – Ҳәй, ҳаял, сениң исенимиң күшли екен, тилегениң болсын, – деди. Оның қызы сол ўақытта-ақ жазылып кетти. 29 Ийса сол жерден кетип, Галила теңизине келди ҳәм таўға шығып отырды. 30 Сонда Оның қасына кѳп халық жыйналып қалды. Олар ѳзлери менен бирге ақсақларды, соқырларды, майыпларды, гүңелеклерди ҳәм басқа да аўырыў адамларды Ийсаның алдына алып келди. Ийса оларға шыпа берди. 31 Солай етип, гүңелеклердиң тиллери шығып, майыплардың жазылып, ақсақ болғанлардың жүрип, соқырлардың кѳзлери ашылып кеткенлигин кѳрген халық аң-таң болысып, Израилдың Ќудайына алғыс айтты. 32 Ийса шәкиртлерин жанына шақырып алып, оларға: – Халыққа жаным ашып тур. Олар үш күннен бери қасымда болып, жейтуғын ҳеш нәрсеси жоқ. Оларды аш ҳалында жибергим келмейди, себеби жолда ҳәлсиреп қалыўы мүмкин, – деди. 33 Шәкиртлери: – Усыншама халықты тойғыза аларлықтай, бир елсиз далада нанды қаяқтан табамыз? – дести. 34 Ийса олардан: – Неше наныңыз бар? – деп сорады. Олар: – Жетеў, және бир неше киши балық та бар, – деп жуўап берди. 35 Соңынан Ийса халыққа жерге отырыўды буйырды. 36 Жети нанды ҳәм балықларды алып, Ќудайға шүкирлик етти. Оларды сындырып, шәкиртлерине берди, олар халыққа үлестирди. 37 Олардың ҳәммеси жеп тойды. Аўысқан бѳлеклерин жыйнап алып, үлкен жети себет толтырды. 38 Жегенлер ҳаял ҳәм балалардан басқа тѳрт мың адам еди. 39 Соннан соң, Ийса халықты тарқатып жиберди де, қайыққа минип, Магдала дѳгерегине кетти.
1 Парисейлер менен саддукейлер Ийсаға келди де, Оны сынамақшы болып, аспаннан кәраматлы белги кѳрсетиўин сорады. 2 Ийса оларға жуўап қайтарып: – Кеште сизлер: «Ертең күн ашық болады, аспан қызғыш-ғо», – дейсизлер. 3 Ал таң азаннан: «Бүгин жаўын-шашын болады, аспан қызыл ҳәм түнерген», – дейсизлер. Сизлер неге аспанның райын айыра алсаңлар да, заманның белгилерин айыра алмайсызлар? 4 Жаман ҳәм опасыз әўлад бир кәраматлы белги талап етеди. Бирақ оған Юнустың белгисинен басқасы кѳрсетилмейди, – деди. Соң оларды қалдырып, сол жерден кетип қалды. 5 Ийсаның шәкиртлери арғы жағаға ѳткенде, нан әкелиўди умытып кеткен еди. 6 Ийса оларға: – Абайлаңлар, парисейлердиң ҳәм саддукейлердиң ашытқыларынан сақ болыңлар! – деди. 7 Сонда олар: – Нан әкелмегенимиз ушын солай деп атырған шығар, – деп ѳз ара айтыса баслады. 8 Ийса буны билип, оларға: – Ҳәй, исеними азлар, сизлер неге ѳз ара нан әкелмегениңизди айтысып турсызлар? 9 Еле де түсинбедиңлер ме? Бес нан бес мың адамға жетип, аўысқанын жыйнағаныңызда неше себет толтырғаныңыз есиңизде жоқ па? 10 Және де жети нан тѳрт мың адамға жетип, аўысқанын жыйнағаныңызда неше себет толтырғаныңыз есиңизде жоқ па? 11 Мениң сизлерге нан ҳаққында айтпағанымды неге түсинбейсизлер? Парисейлердиң ҳәм саддукейлердиң ашытқыларынан сақ болыңлар, – деди. 12 Олар сонда ғана Оның нанның ашытқысынан емес, ал парисейлердиң ҳәм саддукейлердиң тәлийматларынан сақ болыўды айтқанлығын түсинди. 13 Ийса Филип Кесариясындағы үлкеге келгенде, Ѳз шәкиртлеринен: – Адамлар Мени, Адам Улын ким деп санайды? – деп сорады. 14 Олар: – Гейбиреўлери Шомылдырыўшы Яқыя, гейбиреўлери Илияс, ал базылары Еремия ямаса пайғамбарлардың бири деп санайды, – деди. 15 Ийса оларға: – Ал сизлер Мени ким деп санайсызлар? – деди. 16 Симон Петр жуўап қайтарып: – Сен – Масихсаң, тири Ќудайдың Улысаң, – деди. 17 Ийса оған: – Юнустың улы Симон, сен бахытлысаң! Саған буны адам баласы емес, ал аспандағы Єкем ашып билдирди. 18 Саған Мениң айтатуғыным мынаў: сен – Петрсең, Мен мына тастың үстине Ѳз жәмәәтимди орнатаман, оны дозақтың күшлери де жеңе алмайды. 19 Саған Аспан Патшалығының гилтлерин беремен. Сен жер бетинде нени байласаң, сол аспанда да байланады, және де, сен жер бетинде нени шешсең, сол аспанда да шешиледи, – деп жуўап берди. 20 Соннан соң, Ийса шәкиртлерине Ѳзиниң Масих екенлигин ҳеш кимге айтпаўларын буйырды. 21 Сол ўақыттан баслап Ийса Ѳзиниң Ерусалимге барып, ақсақаллар, бас руўханийлер ҳәм диний муғаллимлер тәрепинен кѳп азап шегиўи ҳәм ѳлтирилиўи, бирақ үшинши күни қайта тирилиўи тийис екенлигин шәкиртлерине билдире баслады. 22 Петр Ийсаны шетке шақырып алып, Оған: – Ќудай сақласын, Ийем! Саған бундай бола кѳрмесин! – деп қарсы сѳйлей баслады. 23 Ийса бурылып, Петрге: – Жоқ бол кѳзимнен, шайтан! Сен Маған кесент берип атырсаң. Сен Ќудайдың емес, ал адамның ислерин ойлап турсаң, – деди. 24 Сонда Ийса Ѳз шәкиртлерине: – Ким де ким Маған ергиси келсе, ѳзинен кешсин ҳәм ѳз атанақ ағашын арқалап, Мениң изиме ерсин. 25 Ѳйткени ким де ким ѳз жанын сақламақшы болса, оны жоғалтады. Ал ким де ким ѳз жанын Мен ушын жоғалтса, оны таўып алады. 26 Адам пүткил дүньяны ийелеп алып, бирақ ѳз жанын жоғалтса, буннан оған не пайда? Ол ѳз жаны ушын қандай тѳлем бере алады? 27 Адам Улы Єкесиниң салтанатында Ѳз периштелери менен бирге келеди. Сонда Ол ҳәр кимге ислеген ислерине қарай қайтарады. 28 Сизлерге шынын айтып турман: усы жерде турғанлардың гейбиреўлери Адам Улының Ѳз Патшалығында келиўин кѳрмегенше, ѳлмейди, – деди.
1 Арадан алты күн ѳткеннен соң, Ийса тек Петрди, Яқыпты ҳәм оның иниси Юханды қасына алып, оларды бир бийик таўға ертип шықты. 2 Сонда олардың алдында Ийсаның түр-түси ѳзгерди: Оның жүзи қуяштай жарқырады, кийимлери жарық сыяқлы аппақ болды. 3 Сол ўақытта бирден оларға Ийса менен сѳйлесип турған Муўса ҳәм Илияс пайғамбарлар кѳринди. 4 Сонда Петр Ийсаға: – Ийем, бизиң бул жерде болғанымыз қандай жақсы! Егер қәлесең, мен бул жерге үш қос қураман: биреўин Саған, биреўин Муўсаға, биреўин Илиясқа, – деди. 5 Ол еле сѳйлеп турғанда, бир жарық булт оларды қаплады. Булттан: – Бул – Мениң сүйикли Улым, Мен Оған ырзаман. Оның айтқанын тыңлаңлар! – деген саза еситилди. 6 Буны еситкен ўақытта шәкиртлери қатты қорқысып, бет-әлпетинен жерге жығылды. 7 Бирақ Ийса жақынлап келип, оларға қолын тийгизди де: – Турыңлар, қорқпаңлар! – деди. 8 Олар кѳзлерин ашып жоқарыға қарағанда, Ийсадан басқа ҳеш кимди кѳрмеди. 9 Таўдан тѳмен түсип баратырғанда, Ийса оларға: – Адам Улы ѳлимнен қайта тирилмесинен бурын, бул кѳргенлериңизди ҳеш кимге айтпаңлар! – деп буйырды. 10 Сонда олар: – Неге диний муғаллимлер алды менен Илияс келиўи шәрт дейди? – деп сорады. 11 Ийса оларға: – Дурыс, алды менен Илияс келип ҳәммесин дүзетеди. 12 Ал Мениң сизлерге айтатуғыным: Илияс әлле қашан келген еди, бирақ оны адамлар танымады ҳәм оған қәлегенин иследи. Адам Улы да олардан солай азап шегеди, – деп жуўап берди. 13 Сонда шәкиртлери Ийсаның Шомылдырыўшы Яқыя ҳаққында айтып турғанын түсинди. 14 Олар халықтың жанына келгенде, бир адам Ийсаға жақынлап, Оның алдында дизе бүкти де: 15 – Ийем, мениң улыма реҳим ете гѳр. Ол қояншық болып аўырып, қатты азап шегип атыр, жийи-жийи отқа да, суўға да жығылады. 16 Мен оны Сениң шәкиртлериңе әкелген едим, бирақ олар шыпа бере алмады, – деди. 17 Ийса жуўап қайтарып: – Ҳәй, исенбейтуғын, адасқан әўлад! Мен қашанға дейин сизлер менен бирге боламан? Ќашанға дейин сизлерге шыдайман? Оны Маған, бул жерге әкелиңлер, – деди. 18 Ийса жинге буйрық бергенде, ол баладан шығып кетти ҳәм бала сол ўақытта-ақ шыпа тапты. 19 Сонда шәкиртлери Ийсаға аўлақта келип: – Бизлер неге жинди қуўып шығара алмадық? – деп сорады. 20 Ийса оларға: – Исенимиңиз аз болғанлықтан. Мен сизлерге шынын айтып турман: егер исенимиңиз қышқыл туқымындай ғана болса да, бул таўға: «Усы жерден ана жерге кѳш!» десеңлер, ол кѳшеди. Сизлердиң қолыңыздан келмейтуғын ҳеш нәрсе болмайды, – деди. 22 Шәкиртлериниң ҳәммеси Галилада болғанда, Ийса оларға: – Адам Улы адамлардың қолына услап бериледи. 23 Олар Оны ѳлтиреди, бирақ Ол үшинши күни қайта тириледи, – деди. Буған олар қатты қапа болды. 24 Олар Капарнаҳумға келгенде, еки драхмалық Ибадатхана салығын жыйнаўшылар Петрдиң жанына келип, оннан: – Сизлердиң Устазыңыз Ибадатхана салығын тѳлемей ме екен? – деп сорады. 25 Петр: – Аўа, тѳлейди, – деди. Ол үйге келгенде, Ийса оннан бурын: – Симон, сен қалай ойлайсаң? Жер бетиниң патшалары бажылар менен салықты кимлерден алады? Ѳз балаларынан ба ямаса басқа адамлардан ба? – деп сорады. 26 Петр: – Басқа адамлардан, – деди. Ийса: – Олай болса, патшаның балалары салық тѳлеўден азат. 27 Бирақ, оларды түсинбеўшиликке салмаўымыз ушын, теңизге бар да, қармақ салып, ең биринши илинген балықты ал. Оның аўзын ашсаң, тѳрт драхмалық бир гүмис теңгени табасаң. Оны алып, Мениң менен ѳзиң ушын оларға тѳле, – деди.
1 Сол ўақытта шәкиртлери Ийсаның жанына келип: – Аспан Патшалығында ең уллы ким? – деп сорады. 2 Ийса бир баланы шақырып алып, оны олардың ортасына турғызып қойып былай деди: 3 – Сизлерге шынын айтып турман: кеўиллериңизди ѳзгертип, балалар сыяқлы болмасаңлар, Аспан Патшалығына кире алмайсызлар. 4 Солай етип, ким де ким ѳзин усы бала сыяқлы пәс тутса, сол Аспан Патшалығында ең уллы болады. 5 Ал ким де ким мынадай бир баланы Мениң атым ушын қабыл етсе, оның Мени қабыл еткени болады. 6 Бирақ ким де ким Маған исенип турған мына кишкенелердиң биреўин азғырса, оның мойнына үлкен дигирман тасы байланып, терең теңиздиң түбине батырылғаны оған жақсырақ болар еди. 7 Адамларды азғырыўшы нәрселер себепли, дүнья ҳәсирет шегеди! Азғырыўшы нәрселердиң болыўы сѳзсиз, бирақ азғырыў ким арқалы келсе, сол адам ҳәсирет шегеди! 8 Егер сени қолың ямаса аяғың азғырса, оны шаўып тасла. Еки қолың менен ямаса еки аяғың менен мәңгилик отқа тасланғаныңнан гѳре, бир қолың ямаса аяғың менен ѳмирге ерискениң ѳзиңе жақсырақ. 9 Егер сени кѳзиң азғырса, оны ойып тасла. Еки кѳзиң менен дозақ отына тасланғаныңнан гѳре, жалғыз кѳзиң менен ѳмирге ерискениң ѳзиңе жақсырақ. 10 Абайлаңлар, мына кишкенелердиң ҳеш қайсысын да кемситиўши болмаңлар! Себеби сизлерге айтатуғыным: олардың аспандағы периштелери аспандағы Єкемниң жүзин ҳәмме ўақыт кѳрип турады. 12 – Сизлер қалай ойлайсызлар? Егер биреўдиң жүз қойы болып, оның биреўи жойтылып кетсе, ол тоқсан тоғыз қойын таўда қалдырып, жойтылған бир қойын излемес пе еди? 13 Сизлерге шынын айтып турман: егер оны таўып алса, жойтылмаған тоқсан тоғыз қойынан гѳре, таўып алған жалғыз қойына кѳбирек қуўанады. 14 Сол сыяқлы, сизлердиң аспандағы Єкеңиз мына кишкенелердиң биреўиниң де жойтылыўын қәлемейди. 15 – Егер туўысқаның саған қарсы гүна ислесе, оған бар да, аўлақта сѳйлесип, айыбын бетине ашық айт. Егер ол сѳзиңди тыңласа, онда туўысқаныңды ѳзиңе қайтарып алғаның болады. 16 Егер ол сѳзиңди тыңламаса, ѳзиң менен бирге бир ямаса еки адамды ертип оған бар, ѳйткени айтылған барлық сѳзлериңе еки ямаса үш гүўа болыўы тийис. 17 Егер олардың да сѳзин тыңлағысы келмесе, онда исениўшилер жәмәәтине айт. Ал исениўшилер жәмәәтин де тыңлағысы келмесе, онда оны бутқа табыныўшы ҳәм салықшы деп сана. 18 Сизлерге шынын айтып турман: сизлер жер бетинде нени байласаңыз, сол аспанда да байланады, және де, сизлер жер бетинде нени шешсеңиз, сол аспанда да шешиледи. 19 Сизлерге және шынын айтаман: жер бетинде сизлердиң екеўиңиз келисип не сорасаңыз, аспандағы Єкем соны береди. 20 Себеби қай жерде еки ямаса үш адам Мениң атым менен жыйналса, Мен олар менен биргемен. 21 Сонда Петр Ийсаға келип: – Ийем, маған қарсы гүна ислеген туўысқаныма неше рет кеширим берсем болады? Жети ретке дейин бе? – деп сорады. 22 Ийса оған: – Саған жети ретке дейин емес, ал жетпис жердеги жети ретке дейин кеширим ет, деймен. 23 Солай етип, Аспан Патшалығы ѳз хызметшилери менен қарызын есапласқысы келген бир патшаға уқсайды. 24 Ол есапласа баслағанда, оның алдына оннан он мың талант қарыздар болған биреўди алып келипти. 25 Бирақ ол қарызын тѳлей алмайтуғын болғанлықтан, патша оған оның ѳзи менен қосып ҳаялын, балаларын ҳәм барлық мал-мүлкин сатып, қарызын тѳлеўди буйырыпты. 26 Сонда хызметши оның аяғына жығылып: «Тақсыр, шыдап турың, мен барлық қарызымды тѳлеймен!» – деп жалыныпты. 27 Хызметшиге жаны ашыған патша оны босатып, қарызынан кешипти. 28 Ал хызметши сыртқа шығып, ѳзине жүз динар қарыздар болған бир хызметши жолдасын ушыратып: «Маған беретуғын қарызыңды бер», – деп оны буўындыра баслапты. 29 Сонда оның жолдасы аяғына жығылып: «Шыдап тур, мен қарызымды тѳлеймен», – деп жалыныпты. 30 Бирақ ол жолдасының сѳзин тыңламай, ѳзине беретуғын қарызын тѳлемегенше, оны қаматтырып таслапты. 31 Оның басқа хызметши жолдаслары бул ўақыяны кѳрип, қатты қапа болыпты ҳәм патшаға барып, болған истиң бәрин айтып берипти. 32 Сонда патша оны шақыртып алып, оған: «Ҳәй, жаўыз хызметши! Сен маған жалынғаның себепли ғана барлық қарызыңнан кешкен едим. 33 Мениң саған реҳим еткенимдей, сениң де ѳз жолдасыңа реҳим етиўиң тийис емес пе еди?» – депти. 34 Патша қәҳәрленип, ѳзине берилетуғын қарыздың бәрин тѳлеп болмағанша, оны жазалаўшылардың қолына тапсырыпты. 35 Егер сизлердиң ҳәр бириңиз туўысқаныңыздың гүнасын шын кеўлиңизден кеширмесеңлер, Мениң аспандағы Єкем де сизлерге солай ислейди, – деди.
1 Ийса усы сѳзлерди айтып болғаннан соң Галиладан жолға шығып, Иорданның арғы жағасындағы Яҳудия үлкесине барды. 2 Оның изине кѳп халық ерди, Ол сол жерде оларға шыпа берди. 3 Ийсаның қасына парисейлер келип, Оны сынап кѳриў ушын: – Ер адамның ҳәр қыйлы себеп пенен ҳаялынан ажырасыўы нызамға туўры келе ме? – деп Оннан сорады. 4 Ийса оларға жуўап қайтарып былай деди: – Жаратыўшы ең баста оларды еркек ҳәм ҳаял қылып жаратқанын сизлер оқымағансызлар ма? 5 Және Ол былай деген: «Сонлықтан ер адам ата-анасын қалдырып, ѳз ҳаялына қосылады ҳәм екеўи бир дене болады». 6 Солай етип, олар енди еки емес, ал бир дене болады. Сол себепли, Ќудай қосқанларды адам ажыратпасын. 7 Олар Ийсаға: – Сонда неге Муўса пайғамбар ер адамның ҳаялына талақ хат берип ажырасыўын буйырған? – деди. 8 Ийса оларға: – Муўса сизлер тас баўыр болғанлықтан, ҳаялларыңыз бенен ажырасыўға рухсат берген. Бирақ баста олай емес еди. 9 Мениң сизлерге айтатуғыным: ким де ким ѳз ҳаялы менен некеге ҳадалсызлығынан басқа себеп пенен ажырасып, басқа ҳаял алса, ол неке ҳадаллығын бузған болады, – деди. 10 Сонда Ийсаның шәкиртлери Оған: – Егер ер адамның ҳаялына деген ўазыйпасы усындай болса, онда үйленбегенниң ѳзи жақсырақ-ғо, – деди. 11 Ийса оларға: – Буны ҳәр бир адам қабыл ете алмайды, бирақ кимге Ќудайдан берилсе, сол ғана қабыл ете алады. 12 Ѳйткени үйленбейтуғын ҳәр түрли адамлар бар: гейбиреўлери ақта болып туўылады, гейбиреўлерин адамлар ақта қылып таслайды, ал базылары Аспан Патшалығына хызмет етиў ушын ѳз ерки менен үйлениўден бас тартады. Ким бул сѳзди қабыл ете алса, сол қабыл етсин, – деди. 13 Сол ўақытта адамлар Ийсаға олардың үстине қолын қойып дуўа етсин деп, балаларын алып келди. Ал шәкиртлер оларға кейиди. 14 Бирақ Ийса: – Балалардың Маған келиўине рухсат бериңлер, оларға тосқынлық жасамаңлар. Себеби Аспан Патшалығы усындайлардики, – деди. 15 Соңынан Ол балалардың үстине қолын қойып дуўа етти де, сол жерден кетип қалды. 16 Сонда бир жигит Ийсадан: – Устаз! Мәңгилик ѳмирге ийе болыўым ушын қандай ийгиликли ислер ислеўим керек? – деп сорады. 17 Ийса оған: – Сен неге Меннен ийгилик ҳаққында сорадың? Тек Ќудай ғана ийгиликли-ғо. Ал мәңгилик ѳмирге ерискиң келсе, Оның буйрықларын орынла, – деди. 18 Жигит Ийсадан: – Ќандай буйрықларды? – деп сорады. Ийса: – «Адам ѳлтирме, неке ҳадаллығын бузба, урлық ислеме, жалған гүўалық берме, 19 ата-анаңды ҳүрметле ҳәм ѳзиңди сүйгениң сыяқлы, жаныңдағы адамды да сүй! », – деди. 20 Жас жигит Оған: – Мен булардың ҳәммесин орынлап киятырман, және не жетиспейди? – деди. 21 Ийса оған: – Егер минсиз болғың келсе, барып барлық мал-мүлкиңди сатып, ақшасын жарлыларға бер. Сонда сениң ғәзийнең аспанда болады. Соңынан келип, Мениң изиме ер, – деди. 22 Бул сѳзлерди еситкен жас жигит қапа болып, сол жерден кетип қалды. Ѳйткени оның байлығы кѳп еди. 23 Ийса Ѳз шәкиртлерине: – Сизлерге шынын айтып турман: бай адамның Аспан Патшалығына кириўи қыйын. 24 Тағы сизлерге айтатуғыным: бай адамның Ќудай Патшалығына кириўинен гѳре, түйеге ийнениң кѳзинен ѳтиў аңсатырақ, – деди. 25 Буны еситкен шәкиртлери қатты таң қалысып: – Олай болса, ким қутқарыла алады? – деп сорады. 26 Ал Ийса оларға қарап: – Бул адамлардың қолынан келмейди, бирақ Ќудай ушын мүмкин емес нәрсе жоқ, – деди. 27 Сонда Петр жуўап қайтарып, Оған: – Минекей, бизлер ҳәмме нәрсемизди таслап, Сениң изиңе ердик. Бизлер неге ерисемиз? – деди. 28 Ийса оларға: – Сизлерге шынын айтып турман: дүнья жаңаланғаннан соң, Адам Улы Ѳзиниң салтанатлы тахтына отырғанда, Мениң изиме ерип жүрген сизлер де он еки тахтқа отырып, Израил халқының он еки урыўын ҳүким етесизлер. 29 Сонда Мениң атым ушын ѳз үйлерин, я аға-инилерин, я апа-қарындасларын, я ата-анасын, я балаларын, я жер-мүлкин таслап шыққан ҳәр ким жүз есе артығы менен алады ҳәм мәңгилик ѳмирге ийе болады. 30 Бирақ бириншилердиң кѳбиси соңғылар, соңғылардың кѳбиси бириншилер болады, – деди.
1 Ийса және былай деди: – Аспан Патшалығы ѳзиниң жүзим бағына жумысшыларды жаллап алыў ушын таң азанда шыққан үй ийесине уқсайды. 2 Ол жумысшылар менен күнине бир динар тѳлеўге келисип, оларды ѳзиниң жүзим бағына жиберипти. 3 Саат тоғызлар шамасында шығып, базарда жумыссыз турған адамларды кѳрип, 4 оларға: – Сизлер де мениң жүзим бағыма барыңлар, мен сизлерге тийисли ҳақыларыңызды беремен, – дегенде, олар барыпты. 5 Ол саат он екилер шамасында да, түстен кейин үшлер шамасында да шығып, тағы усылай ислепти. 6 Кешки беслер шамасында да шығып, еле жумыссыз турған басқа адамларды кѳрип, оларға: «Неге бул жерде күн бойы жумыссыз турсызлар?» – деп сорапты. 7 Олар: «Себеби бизлерди ҳеш ким жаллап алған жоқ», – деп жуўап берипти. Ол: «Сизлер де мениң жүзим бағыма барып, мийнет етиңлер», – депти. 8 Күн кеш болғанда, бағдың ийеси ѳзиниң басқарыўшы хызметкерине: «Жумысшыларды шақырып алып, мийнет ҳақыларын бер. Ең соңғы келгенлеринен баслап, ең алдыңғы келгенлери менен жуўмақла», – депти. 9 Сонда кешки беслер шамасында келгенлер бир динардан алыпты. 10 Ал ең алды менен келгенлер: «Бизлер кѳбирек алармыз», – деп ойлапты, бирақ олар да бир динардан алыпты. 11 Ис ҳақыларын алған олар үй ийесине тоңқылдап: 12 «Мына ең соңында келгенлер бир саат ғана жумыс иследи. Ал сиз оларды күни бойы азапланып, ыссыға күйип жумыс ислеген бизлер менен тең еттиңиз», – депти. 13 Бирақ бағдың ийеси жуўап қайтарып, олардың биреўине: «Ҳәй, достым, мен саған әдилсизлик етип турған жоқпан. Сен мениң менен бир динарға келискен жоқ па едиң? 14 Ҳақыңды алып, жѳниңе кет. Мен мына соңғы адамға да саған бергенимдей бергим келеди. 15 Мениң ѳз ақшам менен қәлегенимди ислеўиме ерким жоқ па? Мениң сақыйлығыма иши тарлық қылып турсаң ба?» – депти. 16 Солай етип, соңғылар бириншилер, бириншилер соңғылар болады. 17 Ерусалимге баратырғанда, Ийса жолда он еки шәкиртин аўлақта шақырып алып, оларға: 18 – Минекей, бизлер енди Ерусалимге қарай кѳтерилип баратырмыз. Сол жерде Адам Улы бас руўханийлер менен диний муғаллимлердиң қолына услап бериледи. Олар Оны ѳлимге ҳүким етип, 19 Оны масқаралаў, сабаў, атанақ ағашқа шегелеп таслаў ушын, басқа миллет адамларына услап береди. Бирақ Ол үшинши күни қайта тириледи, – деди. 20 Сол ўақытта Зебедейдиң улларының анасы уллары менен Ийсаның қасына келди. Оның аяғына жығылып, бир нәрсе сорамақшы болды. 21 Ийса оннан: – Тилегиң не? – деп сорады. Ҳаял Оған: – Ѳз патшалығыңда усы еки улымның биреўин оң жағыңа, екиншисин сол жағыңа отырғызыўды ўәде ет, – деди. 22 Ал Ийса жуўап қайтарып: – Сизлер не сорап турғаныңызды билмейсизлер. Сизлер Мен ишетуғын азап кесесинен ише аласызлар ма? – деди. Олар: – Аўа, ише аламыз, – деди. 23 Ийса оларға: – Мениң кесемнен ишесизлер. Бирақ, Ѳзимниң оң жағым менен сол жағыма отырғызыў Мениң еркимде емес. Єкем кимлерге арнаған болса, солар отырады, – деди. 24 Буны еситкен он шәкирти ағалы-инили екеўине ашыўланып қалды. 25 Бирақ Ийса оларды қасына шақырып алып, былай деди: – Басқа миллетлер арасында ҳүкимдарлары халыққа зулымлық етип, басшылары үстемлик пенен басқаратуғынын сизлер билесизлер. 26 Бирақ, сизлердиң араңызда бундай болмасын. Араңызда ким уллы болғысы келсе, сол сизлерге хызметши болыўы шәрт. 27 Араңызда ким биринши болғысы келсе, сол сизлерге қул болыўы шәрт. 28 Адам Улы Ѳзине хызмет еттириўге емес, ал Ѳзи хызмет етиўге ҳәм кѳплеген адамлардың қутқарылыўы ушын, Ѳз жанын қурбан етиўге келди. 29 Олар Ерихо қаласынан шыққанда, кѳп халық Ийсаның изине ерди. 30 Сонда жолдың шетинде отырған еки соқыр адам Ийсаның ѳтип баратырғанын еситип: – Ийем, Даўыттың Урпағы! Бизлерге реҳим ете гѳр! – деп бақырысты. 31 Халық үнлерин шығармаўды айтып, оларға кейиди. Бирақ олар оннан да бетер қатты бақырысып: – Ийем, Даўыттың Урпағы! Бизлерге реҳим ете гѳр! – дести. 32 Ийса тоқтап, оларды шақырып алды да: – Мениң сизлер ушын не ислеўимди қәлейсизлер? – деп сорады. 33 Олар: – Ийем, кѳзлеримизди ашыўыңды, – деп жуўап берди. 34 Ийса оларға жаны ашып, кѳзлерине қолын тийгизди. Сол ўақытта-ақ олардың кѳзлери ашылып, Оның изине ерди.
1 Олар Ерусалимге жақынлап, Зәйтүн таўының етегиндеги Бетфаге деген аўылға келгенде, Ийса еки шәкиртин жумсап, 2 оларға былай деди: – Ќарсы алдыңыздағы аўылға барыңлар. Оған кириўден-ақ, байлаўлы турған ешек пенен гүррени табасызлар. Оларды шешип алып, Маған әкелиңлер. 3 Егер биреў сизлерге бир нәрсе десе, сизлер: «Олар Ийемизге керек», – деп жуўап берсеңлер, ол оларды сол ўақытта-ақ жибереди. 4 Бул пайғамбар арқалы айтылған мына сѳзлердиң орынланыўы ушын болды: 5 «Сион қызына айтыңлар: Мине, сениң Патшаң жас ешекке, яғный гүрреге минип, кишипейиллик пенен саған киятыр!» 6 Шәкиртлери барып, Ийсаның буйырғанын иследи. 7 Олар ешекти гүрреси менен алып келип, шапанларын үстине салғанда, Ийса гүрреге минип алды. 8 Халықтың кѳпшилиги ѳз шапанларын жолға тѳсеп, басқалары тереклерден шақа кесип алып жолға жайды. 9 Алдында ҳәм изде ерип киятырған халық қуўанысып: – Даўыттың Урпағына ҳосанна! Ийемиздиң атынан Келиўши жарылқанған! Ең жоқарыда ҳосанна! – деп бақырысты. 10 Ийса Ерусалимге кирип келгенде, пүткил қала жанланып: – Бул ким? – деп сорады. 11 Халық: – Бул – Ийса, Галиладағы Насырадан шыққан пайғамбар, – дести. 12 Ийса Ибадатханаға кирип, ол жерден сатыўшылар менен алыўшылардың ҳәммесин қуўып шығарды да, ақша алмастырыўшылардың столларын, кептер сатыўшылардың отырғышларын аўдарып таслап, 13 оларға: – «Мениң үйим дуўа ететуғын үй деп аталады», – деп Мухаддес Жазыўда айтылған, ал сизлер оны қарақшылардың уясына айландырдыңлар! – деди. 14 Ибадатханада Ийсаның қасына соқырлар ҳәм ақсақлар келгенде, Ол оларға шыпа берди. 15 Бас руўханийлер ҳәм диний муғаллимлер Ол ислеген кәраматларды ҳәм Ибадатханада: «Даўыттың Урпағына ҳосанна!» – деп бақырысқан балаларды кѳрип, ашыўланып қалды да, 16 Оған: – Олардың не деп атырғанын еситип турсаң ба? – деди. Ийса оларға: – Аўа! Сизлер: «Нәрестелер менен емизиўли балалардың аўзынан Ѳзиңе мақтаўлар айтқыздың», – деп Мухаддес Жазыўда айтылғанды ҳеш оқымағансызлар ма? – деди. 17 Соннан соң, Ийса оларды қалдырып, қаладан шығып кетти ҳәм Бетанияға барып, сол жерде түнеди. 18 Ерте азанда Ийса қалаға қайтып киятырғанда, аш болды. 19 Жол бойында бир әнжир ағашын кѳрип, оның қасына барды. Бирақ онда жапырақларынан басқа ҳеш нәрсе таппағаннан соң, ағашқа: – Буннан былай, сенде мәңгиге ҳеш жемис ѳспесин, – деди. Єнжир ағашы сол ўақытта-ақ қуўрап қалды. 20 Шәкиртлери буны кѳргенде таң қалысып: – Бул әнжир ағашы қалайынша дәрриў қуўрап қалды? – деп сорады. 21 Ийса оларға жуўап берип: – Сизлерге шынын айтып турман: егер гүмансыз исенсеңлер, тек әнжир ағашына ислегенимдей ғана емес, ал мына таўға: «Орныңнан кѳтерилип, теңизге қула!» – десеңлер, сондай болады. 22 Егер исеним менен дуўа етсеңлер, не сорасаңлар да, ҳәммесин аласызлар, – деди. 23 Ийса Ибадатханаға кирип, тәлим берип отырғанда, Оған бас руўханийлер менен халық ақсақаллары келип: – Бул ислерди қандай бийлик пенен ислеп жүрсең ҳәм бундай бийликти Саған ким берди? – деп сорады. 24 Ийса жуўап қайтарып: – Мен де сизлерге бир сораў берейин. Егер оның жуўабын берсеңлер, Мен де сизлерге бул ислерди қандай бийлик пенен ислейтуғынымды айтаман. 25 Яқыя адамларды шомылдырыў ушын қаяқтан бийлик алды? Аспаннан ба ямаса адамлардан ба? – деди. Олар ѳз ара ойласып: «Егер „аспаннан“ десек, Ол бизлерге: „Сонда неге сизлер оған исенбедиңлер“, – дейди. 26 Ал егер „Адамлардан“ деўге халықтан қорқамыз: ҳәммеси де Яқыяны пайғамбар деп есаплайды-ғо!» – дести. 27 Сонлықтан олар Ийсаға: – Билмеймиз, – деп жуўап берди. Ол: – Мен де сизлерге бул ислерди қандай бийлик пенен ислейтуғынымды айтпайман, – деди. 28 – Сизлер қалай ойлайсызлар: бир адамның еки улы болыпты. Ол бириншисине барып: «Балам, сен бүгин барып, жүзим бағында исле», – депти. 29 Ол: «Бармайман», – деп жуўап берипти. Бирақ соңынан ѳкинип, барыпты. 30 Соң әкеси екинши улына барып, оған да солай депти. Ол: «Яқшы, тақсыр, бараман», – деп жуўап берипти, бирақ бармапты. 31 Усы екеўиниң қайсысы әкесиниң тилегин орынлаған болады? – деп сорады Ийса. – Бириншиси, – деп жуўап қайтарды олар. Ийса оларға былай деди: – Сизлерге шынын айтып турман: салықшылар ҳәм бузық ҳаяллар Ќудайдың Патшалығына сизлерден бурын киреди. 32 Ѳйткени Яқыя сизлерге ҳақ жолды кѳрсетиў ушын келген еди, бирақ сизлер оған исенбедиңлер. Ал салықшылар менен бузық ҳаяллар оған исенди, бирақ сизлер буны кѳргеннен кейин де тәўбе етпедиңлер ҳәм исенбедиңлер. 33 – Енди басқа бир тымсалды тыңлаңлар: бир үй ийеси болыпты. Ол жүзим бағын отырғызып, оны дийўал менен қоршапты, жүзимниң суўын сығыўға арналған шуқыр қазып, гүзет минарасын орнатыпты. Соңынан бағын дийханларға ижараға берип, ѳзи узақ жерге кетип қалыпты. 34 Зүрәәт жыйнайтуғын мәўсим жақынлағанда, ол ѳзине тийисли үлесин алыў ушын, дийханларға хызметшилерин жиберипти. 35 Дийханлар оның хызметшилерин услап алып, олардың биреўин сабап, екиншисин ѳлтирип, ал және биреўин тас пенен урыпты. 36 Соңынан бағдың ийеси бурынғыдан да кѳп басқа хызметшилерин жибергенде, оларға да солай ислепти. 37 Ең ақырында ол: «Улымды ҳүрмет етер» деп, оларға ѳз улын жиберипти. 38 Бирақ дийханлар оның улын кѳрип, бир-бирине: «Бул – мийрасхор-ғо. Жүриңлер, оны ѳлтирип, мийрас мүлкине ийе болайық», – десипти. 39 Олар оны услап алып, жүзим бағынан сыртқа шығарып ѳлтирипти. 40 Енди жүзим бағының ийеси келгенде, сол дийханларға не қылады? 41 Олар Ийсаға: – Ол бул жаўызларды реҳимсиз ѳлим менен ѳлтиреди де, жүзим бағын ўақтында жемисин берип туратуғын басқа дийханларға ижараға береди, – деди. 42 Ийса оларға былай деди: – Сизлер Мухаддес Жазыўларда мына сѳзлерди оқымағансызлар ма? «Ќурылысшылардың керексиз деп таслаған тасы, Үйдиң мүйешиниң тийкарғы тасы болды. Ийемиз қылған бул ис, Кѳзимизге әжайып кѳринди!» 43 Сонлықтан Мениң сизлерге айтатуғыным: Ќудай Ѳз Патшалығын сизлерден тартып алады да, оны жемисин берип туратуғын халыққа береди. 44 Сол тасқа түскен адамның шыл-пәршеси шығады. Тас кимниң үстине түссе, соны женшип таслайды. 45 Бас руўханийлер менен парисейлер Ийсаның айтқан тымсалларын еситкеннен соң, Оның ѳзлери ҳаққында айтқанын түсинип, 46 Оны қолға алыўға тырысты. Бирақ халықтан қорқты, себеби халық Оны пайғамбар деп санайтуғын еди.
1 Ийса оларға тымсаллар менен сѳзин даўам еттирип, былай деди: 2 – Аспан Патшалығы бир патшаның ѳз баласына үйлениў тойын бериўине уқсайды. 3 Тойға мирәт етилгенлерди шақырып келиў ушын, патша хызметшилерин жиберипти. Бирақ олардың келгиси келмепти. 4 Сонда ол және басқа хызметшилерин жиберип: «Мирәт етилгенлерге айтыңлар: мине, мен зыяпатымды таярлап қойдым, ѳгизлерим де, семиртилген малларым да сойылды, ҳәммеси де тайын. Тойға келсин!» – деп айтып қалыпты. 5 Бирақ, мирәт етилгенлер оның сѳзине кеўил аўдармапты: кимиси егислик жерине, кимиси саўда-сатығына кетипти. 6 Ал гейбиреўлери патшаның хызметшилерин услап алып, хорлап ѳлтирипти. 7 Буны еситкен патша қәҳәрленип, ѳзиниң әскерлерин жиберипти. Сол жынаятшыларды ѳлтиртип, олардың қалаларын ѳртетип жиберипти. 8 Сонда ол ѳзиниң хызметшилерине: «Тойдың асы таяр, бирақ мирәт етилгенлер ылайықсыз болды. 9 Сонлықтан енди сизлер жол дәрбентлерине барып, ушыратқанларыңыздың бәрин тойға шақырып келиңлер», – депти. 10 Сонда хызметшилери жолларға шығып, ушыратқанларының бәрин де: жақсысы болсын, жаманы болсын, шақырып жыйнап келипти. Тойхана қонақларға толы болыпты. 11 Патша қонақларды кѳриўге киргенде, той кийимин киймеген биреўге кѳзи түсип, 12 оған: «Ҳәй, достым, сен бул жерге той кийимисиз қалай киргенсең?» – депти. Бирақ ол үндемепти. 13 Сонда патша хызметшилерине буйырып, былай депти: «Мынаның аяқ-қолын байлап, сыртқы қараңғылыққа таслаңлар! Ол сол жерде жылап, пушайман жейди». 14 Ѳйткени мирәт етилгенлер кѳп, ал таңлап алынғанлар аз. 15 Сонда парисейлер сыртқа шығып кетип, Ийсаны қалай сѳзинен тутыў туўралы ойласа баслады. 16 Оған Ҳиродтың адамлары менен бирге ѳзлериниң шәкиртлерин жиберип, былай деп айтқызды: – Устаз! Бизлер Сениң дурыс адам екениңди ҳәм жағымпазлық етпейтуғыныңды билемиз. Себеби Сен адамлардың бет-жүзине қарамайсаң. 17 Солай етип, бизлерге айтшы, Сен мынаған қалай қарайсаң: Рим патшасы-Ќайсарға салық тѳлеў дурыс па ямаса надурыс па? 18 Бирақ Ийса олардың ҳарам нийетин билип, оларға: – Ҳәй, еки жүзлилер! Сизлер Мени неге сынап атырсызлар? 19 Маған салық теңгесин кѳрсетиңлер, – деди. Олар Оған бир динар әкелип берди. 20 Ол: – Бунда кимниң сүўрети бар ҳәм кимниң аты жазылған? – деп сорады. 21 Олар: – Рим патшасы-Ќайсардың, – деп жуўап берди. Сонда Ийса: – Олай болса, Ќайсардың ҳақын Ќайсарға, Ќудайдың ҳақын Ќудайға бериңлер, – деди. 22 Олар буны еситип, таң қалысты ҳәм Оның жанынан кетип қалды. 23 Ќайта тирилиў жоқ, деўши саддукейлер сол күни Ийсаға келип, былай деп сораў қойды: 24 – Устаз! Муўса: «Биреў баласы болмай ѳлсе, изинде қалған жесирине иниси үйленип, ағасының урпағын даўам еттирсин», – деген-ғо. 25 Бизде жети ағайинли жигит бар еди. Солардың бириншиси үйленип, қайтыс болды, баласы болмағанлықтан, ҳаялы инисине қалды. 26 Екиншисине де, үшиншисине де, ҳәтте, жетиншисине де солай болды. 27 Бәринен кейин ҳаялдың ѳзи де қайтыс болды. 28 Ал енди қайта тирилиўде ол жетеўиниң ишинде қайсысының ҳаялы болады? Ол олардың ҳәммесине де ҳаял болған еди-ғо. 29 Ийса оларға жуўап қайтарып былай деди: – Сизлер Мухаддес Жазыўларды да, Ќудайдың қүдиретин де билмегенликтен алжасып турсызлар. 30 Ѳйткени адамлар қайта тирилиўде үйленбейди де, турмысқа да шықпайды, ал аспандағы периштелер сыяқлы болады. 31 Ѳлгенлердиң қайта тирилиўи туўралы Ќудайдың сизлерге айтқанларын оқымағансызлар ма? 32 Ќудай: «Мен Ибрайымның Ќудайыман, Ысақтың Ќудайыман, Яқыптың Ќудайыман», – деген-ғо. Ќудай ѳлилердиң емес, ал тирилердиң Ќудайы. 33 Буны еситкен халық Оның тәлийматына таң қалды. 34 Ийсаның саддукейлерди сѳйлетпей таслағанын еситкен парисейлер бир жерге жыйналысты. 35 Олардың арасынан бир диний муғаллим Ийсаны сынамақшы болып, 36 Оннан: – Устаз! Мухаддес Нызамдағы ең баслы буйрық қайсы? – деп сорады. 37 Ийса оған: – «Ийең болған Ќудайыңды пүткил жүрегиң, пүткил жаның, пүткил ақыл-ойың менен сүй». 38 Бул – биринши ҳәм ең баслы буйрық. 39 Екиншиси де сол сыяқлы: «Ѳзиңди сүйгениң сыяқлы, жаныңдағы адамды да сүй». 40 Пүткил Мухаддес Нызам да, пайғамбарлардың Жазыўлары да усы еки буйрыққа тийкарланған, – деди. 41 Парисейлер жыйналып болғаннан соң, Ийса олардан: 42 – Масих ҳаққында не ойлайсызлар? Ол – кимниң урпағы? – деп сорады. – Ол – Даўыттың Урпағы, – деди олар. 43 Ийса олардан: – Олай болса, Даўыт Мухаддес Руўхтан илҳамланып, Масихты қалайынша «Ийем» деп атаған? Ол былай деген-ғо: 44 «Ийем мениң Ийеме айтты: „Душпанларыңды аяғыңның астына бастырмағанымша, Мениң оң жағымда отыр!“» 45 Солай етип, Даўыт Оны «Ийем» деп атаған болса, Ол қалайынша оның урпағы болады? – деп сорады. 46 Оған ҳеш ким де жуўап бере алмады ҳәм сол күннен баслап, Оған сораў бериўге ҳеш кимниң батылы бармады.
1 Сонда Ийса халыққа ҳәм Ѳзиниң шәкиртлерине былай деди: 2 – Муўсаның орынлығына диний муғаллимлер менен парисейлер отырды. 3 Сонлықтан олардың сизлерге айтқанларының ҳәммесин де орынлаңлар. Бирақ, олардың ислегенин ислемеңлер. Себеби олар айтады, бирақ айтқанларын ѳзлери ислемейди. 4 Олар кѳтере алмайтуғын аўыр жүклерди байлап, адамлардың ийинлерине жүклейди. Ал ѳзлери оларды бармағы менен де қозғағысы келмейди. 5 Олар барлық ислерин адамлардың кѳзине түсиў ушын ғана ислейди. Маңлайларына ишлеринде Мухаддес Нызам аятлары жазылған қутыларын үлкен етип байлап, кийимлериниң шашақларын узын етип қояды. 6 Олар тойларда тѳрде, мәжилисханаларда сыйлы орында отырыўды жақсы кѳреди. 7 Базарда адамлардың ѳзлерине сыйлап сәлем бериўин ҳәм ѳзлерин «устаз» деп атаўын унатады. 8 Ал сизлер ѳзлериңизди «устаз» деп ататпаңлар, ѳйткени сизлердиң жалғыз-ақ Устазыңыз бар. Сизлердиң бәриңиз бир-бириңизге туўысқансыз. 9 Жер жүзинде ҳеш кимди де «әке» деп атамаңлар, ѳйткени сизлердиң жалғыз-ақ Єкеңиз бар, Ол аспанда. 10 Ѳзлериңизди «жолбасшы» деп те ататпаңлар, себеби сизлердиң жалғыз-ақ жолбасшыңыз бар, Ол – Масих. 11 Араңыздағы ең уллыңыз сизлердиң хызметшиңиз болсын. 12 Ѳйткени ким де ким ѳзин жоқары тутса, ол пәслетиледи, ким де ким ѳзин пәс тутса, ол жоқары болады. 13 Ҳәсирет шегесизлер, диний муғаллимлер ҳәм парисейлер, еки жүзлилер! Себеби сизлер адамларға Аспан Патшалығының есигин жабасызлар. Ѳзлериңиз де кирмейсизлер, киргиси келгенлерди де киргизбейсизлер. 15 Ҳәсирет шегесизлер, диний муғаллимлер ҳәм парисейлер, еки жүзлилер! Сизлер ѳз диниңизге бир адамды болса да енгизиў ушын теңизди де, қурғақлықты да айланып шығасызлар. Егер биреў енген болса, оны ѳзлериңизден де еки есе жаман дозақы қыласызлар. 16 Ҳәсирет шегесизлер, соқыр жетелеўшилер! Сизлер былай дейсизлер-ғо: «Ким де ким Ибадатхана менен ант етсе, ол антын орынлаўға миннетли емес, ал ким де ким Ибадатханадағы алтын менен ант етсе, ол антын орынлаўға миннетли». 17 Ҳәй, ақылсыз соқырлар! Ќайсысы уллырақ: алтын ба ямаса алтынды мухаддес қылатуғын Ибадатхана ма? 18 Және де: «Ким де ким қурбанлық шалынатуғын орын менен ант етсе, ол антын орынлаўға миннетли емес, ал ким де ким оның үстиндеги қурбанлық пенен ант етсе, ол антын орынлаўға миннетли», – дейсизлер. 19 Ҳәй, соқырлар! Ќайсысы уллырақ: қурбанлық па ямаса қурбанлықты мухаддес қылатуғын қурбанлық шалынатуғын орын ба? 20 Солай етип, қурбанлық шалынатуғын орын менен ант етиўши адам орын менен де, орынның үстиндегилердиң ҳәммеси менен де ант еткен болады. 21 Ибадатхана менен ант етиўши адам Ибадатхана менен де, онда жасайтуғын Ќудай менен де ант еткен болады. 22 Аспан менен ант етиўши адам Ќудайдың тахты менен де, оның үстинде отырған Ќудай менен де ант еткен болады. 23 Ҳәсирет шегесизлер, диний муғаллимлер ҳәм парисейлер, еки жүзлилер! Сизлер жалбыз, анис, зийре сыяқлы ѳсимликлердиң оннан бирин Ќудайға бересизлер, бирақ Мухаддес Нызамдағы ең баслыларына: әдилликке, мийрим-шәпәәтке ҳәм садықлыққа кеўил бѳлмейсизлер. Буны да ислеп, оны да қалдырмаўыңыз керек еди-ғо. 24 Ҳәй, ширкейди сүзип таслап, түйени жутатуғын соқыр жетелеўшилер! 25 Ҳәсирет шегесизлер, диний муғаллимлер ҳәм парисейлер, еки жүзлилер! Сизлер табақ-кеселердиң сыртын тазалайсызлар, бирақ олардың иши нәпсиқаўлық ҳәм жүўенсизликке толған-ғо. 26 Ҳәй, соқыр парисей! Сен дәслеп табақ-кесениң ишин тазала, сонда олардың сырты да таза болады. 27 Ҳәсирет шегесизлер, диний муғаллимлер ҳәм парисейлер, еки жүзлилер! Сизлер ҳәкленген қәбирлерге уқсайсызлар: олар сыртынан сулыў болып кѳринсе де, иши ѳликлердиң сүйеклери менен патаслыққа толған-ғо. 28 Сол сыяқлы сизлер де сыртыңыздан адамларға ѳзлериңизди ҳақ адам етип кѳрсетесизлер, бирақ ишлериңиз еки жүзлилик пенен жаўызлыққа толы. 29 – Ҳәсирет шегесизлер, диний муғаллимлер ҳәм парисейлер, еки жүзлилер! Сизлер пайғамбарларға мазарлар орнатасызлар. Ҳақ адамлардың естеликлерин безеп: 30 «Егер де ата-бабаларымыздың заманында ѳмир сүргенимизде, пайғамбарлардың қанын тѳгиўлерине оларға шериклес болмас едик», – дейсизлер. 31 Солай етип, ѳзлериңиздиң пайғамбарларды ѳлтиргенлердиң урпағы екенлигиңизди дәлиллейсизлер. 32 Ата-бабаларыңыздың ислеген гүналарының мѳлшерин толықтыра бериңлер! 33 Жыланлар, уўлы жыланлардың туқымлары! Сизлер қалай етип дозақ жазасынан қашып қутылмақшысызлар? 34 Сол себепли Мен сизлерге пайғамбарларды, даналарды, диний муғаллимлерди жиберемен. Сизлер олардың гейбиреўлерин ѳлтиресизлер, гейбиреўлерин атанақ ағашқа шегелейсизлер, басқаларын мәжилисханаларыңызда қамшылап, қаладан-қалаға қуўдалайсызлар. 35 Солай етип, ҳақ Абылдың қанынан баслап, Ибадатханадағы Мухаддесхана менен қурбанлық шалынатуғын орынның арасында сизлер ѳлтирген Барақияның улы Зекерияның қанына дейин, жер бетинде тѳгилген ҳақ адамлардың қанларының бәри де сизлердиң мойынларыңызға жүкленеди. 36 Сизлерге шынын айтып турман: булардың ҳәммеси ушын усы әўлад жазаға тартылады. 37 – Оҳ, Ерусалим, Ерусалим! Пайғамбарларды ѳлтириўши, Ќудайдың саған жибергенлерин тас пенен урыўшы қала! Ѳз шѳжелерин қанатының астына алған мәкийен сыяқлы, Мен де сениң балаларыңды неше рет жыйнамақшы болдым, бирақ сизлер қәлемедиңлер. 38 Мине, үйиңизди Ќудай таслап кетип, ол қаңырап қалады. 39 Сизлерге айтатуғыным: «Ќудайдың атынан Келиўши жарылқанған!» – деп айтқанларыңызға дейин Мени қайтып кѳрмейсизлер.
1 Ийса Ибадатханадан шығып баратырғанда, шәкиртлери Оған Ибадатхананың имаратларын нусқап кѳрсетиў ушын қасына келди. 2 Сонда Ийса оларға: – Мыналардың бәрин кѳрип турсызлар ма? Сизлерге шынын айтып турман: бул жерде тас үстинде тас қалмайды, ҳәммеси қыйратылады, – деди. 3 Соннан соң, Ол Зәйтүн таўында отырғанда шәкиртлери аўлақта Оның қасына келип: – Устаз, буның қашан болатуғынын бизлерге айтып бер. Сениң келиўиңди ҳәм усы заманның ақырын қандай белги билдиреди? – деп сораў қойды. 4 Ийса оларға былай деп жуўап берди: – Биреўлердиң сизлерди алдаўынан сақ болыңлар! 5 Себеби кѳплер Мениң атым менен келип: «Мен – Масихпан» деп, кѳп адамларды алдайды. 6 Сизлер урыслардың шаўқымын ҳәм урыслар ҳаққында мыш-мышларды еситкенде қәўетерленбеңлер. Булардың болыўы шәрт, бирақ бул еле ақыры емес. 7 Ѳйткени миллет миллетке қарсы, патшалық патшалыққа қарсы кѳтериледи, кѳп жерлерде ашаршылықлар ҳәм жер силкиниўлер болады. 8 Ал булардың ҳәммеси толғақ азабының басланыўындай болады. 9 Сонда сизлерди қыйнаўға услап береди ҳәм ѳлтиреди. Мениң атым ушын барлық халықлар сизлерди жек кѳреди. 10 Сонда кѳп адамлар исенимнен қайтады, бир-бирине сатқынлық ислеп, бир-бирин жек кѳреди. 11 Кѳплеген жалған пайғамбарлар пайда болып, кѳп адамларды алдайды. 12 Жаўызлық кѳбейгенликтен, кѳп адамлардың сүйиспеншилиги суўыйды. 13 Бирақ, ақырына дейин шыдаған қутқарылады. 14 Аспан Патшалығы туўралы Хош Хабар пүткил жер жүзине жәрияланып, барлық халықларға гүўалық болады. Соннан кейин, усы заманның ақыры келеди. 15 – Ал Даниел пайғамбар алдын ала айтқан ўайран етиўши жеркенишлиниң мухаддес орында турғанын кѳргениңизде (оқыған адам мәнисин түсинсин!), 16 Яҳудиядағылар таўларға қашсын. 17 Ким де ким үйиниң тѳбесинде болса, үйинен бир нәрсе алайын деп тѳменге түспесин. 18 Ким де ким атызда болса, шапанын алайын деп изине қайтпасын. 19 Сол күнлери жүкли ҳәм емизиўли ҳаялларға қандай қыйын болады! 20 Ќашатуғын ўақытларыңыз қыс мәўсимине ямаса дем алыс күнине туўра келмесин деп, Ќудайға дуўа етиңлер. 21 Себеби сонда дүнья жаратылғаннан бери усы күнге дейин болмаған ҳәм қайтып болмайтуғын уллы апат болады. 22 Егер сол күнлердиң саны қысқартылмағанда, ҳеш ким де қутқарылмаған болар еди, бирақ Ќудай Ѳзиниң таңлап алған адамлары ушын, сол күнлердиң санын қысқартады. 23 Сонда егер сизлерге биреў: «Ќараңлар, Масих бул жерде!» ямаса: «Ол ана жерде» десе исенбеңлер. 24 Ѳйткени жалған масихлар ҳәм жалған пайғамбарлар пайда болып, егер мүмкин болса, Ќудайдың таңлап алғанларын да алдаў ушын, уллы кәраматлы белгилер ҳәм таң қаларлық ислерди кѳрсетеди. 25 Дыққат етиңлер! Мен сизлерге алдын ала айтып атырман. 26 Солай етип, егер сизлерге: «Мине, Ол шѳлистанда!» десе, шықпаңлар ямаса: «Ол жасырын бѳлмелерде» десе, исенбеңлер. 27 Себеби Адам Улының келиўи шығыста пайда болып, аспан бойлап батысқа зуўлап ѳткен жылдырымдай болады. 28 Ѳлик қай жерде болса, қузғынлар сол жерге жыйналады. 29 – Сол күнлердиң апатынан соң, «бирден күн қараңғыланады, ай ѳз жақтысын түсирмейди, жулдызлар аспаннан түсип, аспан күшлери силкинеди». 30 Сонда аспанда Адам Улының кәраматлы белгиси кѳрингенде, жер жүзиндеги барлық халықлар жылай баслайды. Олар Адам Улының уллы қүдирет ҳәм салтанат пенен аспандағы бултларда киятырғанын кѳреди. 31 Кәрнайдың күшли даўысы менен Ол Ѳзиниң периштелерин жибереди ҳәм олар дүньяның тѳрт тәрепинен, аспанның бир шетинен баслап екинши шетине дейин, Оның таңлап алғанларын жыйнап келеди. 32 – Єнжир ағашын мысалға алыңлар: оның шақалары жумсарып, жапырақ шығара баслағанда, жаздың жақын екенин билесизлер. 33 Сол сыяқлы, сизлер усылардың ҳәммесин кѳргениңизде Адам Улының жақынлап, есик алдында турғанын билиңлер! 34 Сизлерге шынын айтып турман: бул әўлад жойылып кетпесинен бурын усылардың ҳәммеси болады. 35 Аспан менен жер жойылады, бирақ Мениң сѳзлерим ҳеш қашан жойылмайды. 36 – Бирақ, сол күнди ҳәм сол саатты ҳеш ким де билмейди: аспандағы периштелер де, Улдың Ѳзи де, тек ғана Єкем биледи. 37 Нухтың заманында қалай болған болса, Адам Улы келгенде де солай болады. 38 Ѳйткени суў тасқынынан бурын, Нух кемеге минген күнге дейин, адамлар ишип жеди, үйленди, турмысқа шықты. 39 Суў тасқыны басып, бәрин қырып жойғанға дейин, олар аңғармады. Адам Улы келгенде де солай болады. 40 Сол ўақытта еки адам атызда болса, биреўи алынып, екиншиси қалдырылады. 41 Еки ҳаял дигирман тартып отырса, биреўи алынып, екиншиси қалдырылады. 42 Солай етип, сергек болыңлар! Себеби Ийеңиздиң қашан келетуғынын билмейсизлер. 43 Мынаны билип қойыңлар: егер үй ийеси урының түнниң қайсы ўақтында келетуғынын билсе уйықламай, үйине урының бузып кириўине мүмкиншилик бермеген болар еди. 44 Сонлықтан сизлер де таяр болып турыўыңыз шәрт! Ѳйткени Адам Улы сизлер ойламағанда келеди. 45 Ийеси үй-ишимдегилерди басқарсын ҳәм оларға ўақтында аўқатын берсин деп тайынлаған исенимли ҳәм ақыллы хызметши ким? 46 Ийеси келгенде оның солай ислеп атырғанын кѳрсе, сол хызметши бахытлы! 47 Сизлерге шынын айтып турман: ийеси оны ѳзиниң пүткил мал-мүлкин басқарыўшы етип тайынлайды. 48 Ал егер сол хызметши жаман болып, ишинен: «Ийем тез келе қоймас», – деп ойлап, 49 хызметши жолдасларын сабап, мәскүнемлер менен бирге ишип-жесе, 50 сонда сол хызметшиниң ийеси күтпеген күни ҳәм ойламаған ўақытта келип, 51 оны қатты жазалап, еки жүзлилердиң аўҳалына салады. Сол жерде ол жылап, пушайман жейди.
1 – Сол күни Аспан Патшалығы шыраларын алып, күйеўди қарсы алыўға шыққан он қызға уқсайды. 2 Олардың бесеўи ақылсыз, ал бесеўи ақыллы болыпты. 3 Ақылсыз қызлар шыраларын алыпты да, бирақ аўысық май алмай шығыпты. 4 Ал ақыллы қызлар шыралары менен қоса май қуйылған ыдысларын да алып шығыпты. 5 Күйеў кешиккеннен соң олардың ҳәммеси қалғып, уйықлап қалыпты. 6 Бирақ түн ортасы болғанда: «Күйеў киятыр, оны қарсы алыўға шығыңлар», – деп бақырған даўыс еситилипти. 7 Сонда қызлардың ҳәммеси турып, ѳзлериниң шыраларын таярлапты. 8 Ақылсыз қызлар ақыллыларға: «Бизлерге майларыңыздан аз-маз бериңлер, шыраларымыз сѳнип атыр», – депти. 9 Ал ақыллы қызлар: «Бизлерге де, сизлерге де жетпей қалыўы мүмкин, жақсысы, сатыўшыларға барып сатып алыңлар», – деп жуўап берипти. 10 Олар май сатып алыўға кеткен ўақытта күйеў келип, таяр турған қызлар оның менен бирге тойханаға киргеннен соң, қапы бекитилипти. 11 Соңынан қалған қызлар да келип: «Ийем! Ийем! Бизлерге қапыны аш!» – деп жалыныпты. 12 Бирақ ол: «Сизлерге шынын айтып турман: мен сизлерди танымайман!» – деп жуўап қайтарыпты. 13 Солай етип, сергек болыңлар, себеби Адам Улының келетуғын күнин ҳәм ўақтын билмейсизлер-ғо. 14 – Аспан Патшалығы бир адамның узақ жолға кетпесинен бурын хызметшилерин шақырып алып, оларға ѳзиниң мал-мүлкин аманат еткенине уқсайды. 15 Олардың уқыбына қарай, биреўине бес, екиншисине еки, үшиншисине бир талант берип, жолға атланыпты. 16 Бес талант алғаны дәрриў барып, ақшаны саўдаға айландырып, және бесеўин арттырыпты. 17 Еки талант алғаны да солай ислеп, және екеўин арттырыпты. 18 Бир талант алғаны барып, ийесиниң ақшасын жерге кѳмип жасырыпты. 19 Арадан кѳп ўақыт ѳткеннен соң хызметшилердиң ийеси қайтып келип, олардан есап талап етипти. 20 Сонда бес талант алғаны және бесеўин әкелип: «Ийем, маған бес талант берген едиңиз, минекей, мен және бесеўин арттырдым», – депти. 21 Ийеси оған: «Бәрекелла, жақсы ҳәм исенимли хызметшим! Кишкене исте исенимли болдың, мен саған үлкен ис тапсырмақшыман. Жүр, мениң қуўанышыма ортақ бол!» – депти. 22 Еки талант алғаны да келип: «Ийем, сиз маған еки талант берген едиңиз, минекей, мен және екеўин арттырдым», – депти. 23 Ийеси оған: «Бәрекелла, жақсы ҳәм исенимли хызметшим! Кишкене исте исенимли болдың, мен саған үлкен ис тапсырмақшыман. Жүр, мениң қуўанышыма ортақ бол!» – депти. 24 Соңынан бир талант алғаны да келип: «Ийем, сизиң қатал адам екениңизди билемен. Сиз ѳзиңиз екпеген жериңизден орып, шашпаған жериңизден жыйнайсыз. 25 Сонлықтан мен сизден қорқып, талантыңызды жерге кѳмип жасырған едим. Минекей, ақшаңыз, алың», – депти. 26 Ал ийеси оған жуўап қайтарып былай депти: «Ҳәй, жаман ҳәм жалқаў хызметшим! Мениң ѳзим екпеген жерден орып, шашпаған жерден жыйнайтуғынымды сен билипсең. 27 Сонлықтан да, мениң ақшамды айланысқа жиберетуғын адамға бериўиң тийис еди, қайтып келгенимде ѳзимдикин пайдасы менен алар едим-ғо. 28 Енди оннан талантты алыңлар да, оны он таланты барға бериңлер! 29 Ѳйткени кимде бар болса, оған және де мол етип бериледи, ал кимде жоқ болса, оның бары да тартып алынады. 30 Ал мына жарамсыз хызметшини сыртқы қараңғылыққа шығарып таслаңлар. Сол жерде ол жылап, пушайман жейди». 31 – Адам Улы Ѳз салтанатында ҳәм барлық периштелери менен бирге келгенде, Ѳзиниң салтанатлы тахтына отырады. 32 Сонда барлық халықлар Оның алдына жыйналады ҳәм Ол шопанның қойларды ешкилерден айырғаны сыяқлы, оларды айырып бѳледи. 33 Ќойларды оң жағына, ешкилерди сол жағына қояды. 34 Сонда патша оң жағындағыларға: «Келиңлер, Єкемнен жарылқанғанлар, дүнья жаратылғаннан бери сизлер ушын таярлап қойылған Патшалықты мийрас етип алыңлар. 35 Себеби Мен аш болғанымда, сизлер Маған аўқат бердиңлер, шѳллегенимде, суў бердиңлер, жат жерде жүргенимде, Мени қабыл алдыңлар. 36 Жалаңаш болғанымда, Маған кийим бердиңлер, наўқас болғанымда, Мени күттиңлер, қамақта болғанымда, Маған келдиңлер», – дейди. 37 Сонда ҳақ адамлар Оған: «Ийем! Бизлер қашан аш болғаныңды кѳрип, Саған аўқат бердик, қашан шѳллегениңди кѳрип, суў бердик? 38 Ќашан жат жерде жүргениңди кѳрип, Сени қабыл еттик, қашан жалаңаш болғаныңда, Саған кийим бердик? 39 Ќашан наўқас ямаса қамақта болғаныңды кѳрип, Саған бардық?» – дейди. 40 Патша оларға жуўап берип: «Сизлерге шынын айтып турман: сизлердиң усы ислерди Мениң мына ең қарапайым туўысқанларымның биреўине ислегениңиз – Маған ислегениңиз болады», – дейди. 41 Соннан кейин, Ол сол жағындағыларға: «Ҳәй, ғарғыс алғанлар! Мениң қасымнан арман, шайтан ҳәм оның хызметшилери ушын таярланып қойылған мәңгилик отқа кетиңлер! 42 Ѳйткени Мен аш болғанымда, сизлер Маған аўқат бермедиңлер, шѳллегенимде, суў бермедиңлер. 43 Жат жерде жүргенимде, Мени қабыл алмадыңлар, жалаңаш болғанымда, Маған кийим бермедиңлер, наўқас, қамақта болғанымда, Маған келмедиңлер», – дейди. 44 Сонда олар жуўап берип: «Ийем! Бизлер Сениң қашан я аш болғаныңды, я шѳллегениңди, я жат жерде жүргениңди, я жалаңаш, я наўқас, я қамақта болғаныңды кѳрип, Саған хызмет етпедик?» – дейди. 45 Сонда патша жуўап қайтарып: «Сизлерге шынын айтып турман: сизлер усы ислерди мына ең қарапайым биреўине ислемегениңиз – Маған ислемегениңиз болады», – дейди. 46 Солай етип, олар мәңгилик азапқа жибериледи, ал ҳақ адамлар мәңгилик ѳмирге ериседи.
1 Ийса усы сѳзлердиң ҳәммесин айтып болғаннан кейин, Ѳз шәкиртлерине: 2 – Енди еки күннен соң, Ќутқарылыў байрамы болатуғынын билесизлер. Сонда Адам Улы атанақ ағашқа шегелениўге услап бериледи, – деди. 3 Сол ўақытта бас руўханийлер ҳәм халық ақсақаллары Каяфа деген бас руўханийдиң ҳәўлисине жыйналды. 4 Олар Ийсаны ҳийле менен қолға түсирип алып ѳлтириў ҳаққында тил бириктирди. 5 Бирақ олар: «Халық арасында қозғалаң болмаўы ушын, бул исти байрам күнлери ислемейик», – дести. 6 Ийса Бетанияда, бурын мақаў кесел болған Симонның үйинде 7 дастурхан басында отырғанда, қолында қымбатлы әтир майға толған мәрмер ыдысы бар бир ҳаял Оның қасына келип, әтир майды Оның басына қуйды. 8 Буны кѳрген шәкиртлери ашыўланып: – Бундай ысырапкершиликтиң неге кереги бар? 9 Бул әтир майды қымбатқа сатып, ақшасын жарлыларға үлестириўге болар еди-ғо, – дести. 10 Бирақ Ийса буны еситип, оларға: – Бул ҳаялды неге уялтып атырсызлар? Ол Маған жақсылық иследи-ғо. 11 Жарлылар сизлер менен бәрқулла бирге, ал Мен сизлер менен бәрқулла бирге болмайман. 12 Ол бул әтир майды денеме қуйып, Мени жерлеўге таярлады. 13 Сизлерге шынын айтып турман: Хош Хабар дүньяның қай жеринде жәрияланса да, бул ҳаял еске алынып, оның ислеген иси айтылатуғын болады, – деди. 14 Соңынан Ийсаның он еки шәкиртиниң бири болған Яҳуда Исқариот деп аталған адам бас руўханийлерге барып: 15 – Ийсаны сизлерге услап берсем, маған не бересизлер? – деп сорады. Олар оған отыз гүмис теңге усынды. 16 Яҳуда да сол ўақыттан баслап Ийсаны услап бериўге қолайлы пайыт изледи. 17 Ашытқысыз нан байрамының биринши күнинде Ийсаның шәкиртлери Оған келип: – Ќутқарылыў байрамының асын жеўиң ушын қай жерде таярлық кѳриўимизди қәлейсең? – деп сорады. 18 Ол жуўап берип былай деди: – Ќаладағы пәленше деген адамға барып, оған: «Устазымыз: „Мениң күним жақынлап қалды. Шәкиртлерим менен бирге байрам аўқатын сениң үйиңде жеймен“, деди», – деп айтыңлар. 19 Шәкиртлери Ийсаның тапсырғанын ислеп, байрам аўқатын таярлады. 20 Кеш болғанда, Ийса он еки шәкирти менен бирге дастурхан әтирапына отырды. 21 Олар аўқатланып отырғанда, Ийса оларға: – Сизлерге шынын айтып турман: араңыздағы бириңиз Маған сатқынлық ислейди, – деди. 22 Сонда олар қатты қапа болып, биринен соң бири Оннан: – Мен емеспен бе, Ийем? – деп сорай баслады. 23 Ийса оларға жуўап берип: – Мениң менен бирге табаққа қолын салғанның ѳзи Маған сатқынлық ислейди. 24 Деген менен, Адам Улы Ѳзи ҳаққында Мухаддес Жазыўда айтылғандай баратыр, бирақ Адам Улына сатқынлық қылыўшы ҳәсирет шегеди! Ол адамның бул дүньяға келмегени ѳзи ушын жақсырақ болар еди, – деди. 25 Сонда Оған сатқынлық қылатуғын Яҳуда: – Мен емеспен бе, Устаз? – деди. Ийса оған: – Буны сен ѳзиң айттың, – деп жуўап берди. 26 Олар аўқатланып отырғанда Ийса нанды алып, Ќудайға шүкирлик етти ҳәм оны сындырып, шәкиртлерине берди де: – Алыңлар, жеңлер, бул – Мениң денем, – деди. 27 Соңынан Ол кесени қолына алып, Ќудайға шүкирлик етти ҳәм оларға кесени берип былай деди: – Ҳәммеңиз буннан ишиңлер! 28 Себеби бул – кѳп адамның гүналарының кеширилиўи ушын тѳгилетуғын, Жаңа Келисимди бекитетуғын Мениң қаным. 29 Сизлерге айтатуғыным: Єкемниң Патшалығында сизлер менен жаңасын ишетуғын күниме дейин, Мен бундай жүзим ишимлигинен қайтып ишпеймен. 30 Соңынан олар Ќудайды жырлайтуғын қосық айтып, Зәйтүн таўына кетти. 31 Сонда Ийса оларға: – Бул түни ҳәммеңиз Мени таслап кетесизлер. Ѳйткени Мухаддес Жазыўда былай деп айтылған: «Шопанды урғанымда, Сүриўдеги қойлар тарқап кетеди». 32 Бирақ қайта тирилгенимнен кейин, сизлерден бурын Галилаға бараман, – деди. 33 Петр Оған жуўап берип: – Сени ҳәммеси таслап кетсе де, мен Сени ҳеш қашан таслап кетпеймен, – деди. 34 Ийса оған: – Саған шынын айтып турман: бүгин түнде қораз шақыраман дегенше, сен Меннен үш рет танасаң, – деди. 35 Петр Оған: – Маған Сениң менен бирге ѳлиўге туўра келсе де, мен Сеннен ҳеш қашан танбайман, – деди. Басқа шәкиртлериниң ҳәммеси де солай деди. 36 Соңынан Ийса шәкиртлери менен бирге Гетсемани деген жерге келип, оларға: – Мен ана жерге барып дуўа етип боламан дегенше, сизлер усы жерде отырыңлар, – деди. 37 Ѳзи менен бирге Петрди ҳәм Зебедейдиң еки улын алып кетти де, қайғырып қыйнала баслады. 38 Сонда Ийса оларға: – Жаным ѳлердей қыйналып тур. Сизлер усы жерде қалып, Мениң менен бирге сергек болып турыңлар, – деди. 39 Соңынан Ол бираз шетирек барды да, бетин жерге басып, былай деп дуўа ете баслады: – Єкем Мениң! Егер де мүмкин болса, бул азап кесеси Меннен ѳтсин. Бирақ Мениң емес, Сениң қәлеўиң болсын! 40 Шәкиртлериниң қасына қайтып келип, олардың уйықлап атырғанын кѳрди де, Петрге: – Солай етип, сизлер Мениң менен бирге уйықламай бир саат та отыра алмадыңлар ма? 41 Азғырылмаўыңыз ушын сергек болып, дуўа етиңлер! Руўх қәлейди, бирақ дене ҳәлсиз, – деди. 42 Ийса екинши рет барып, және былай деп дуўа етти: – Єкежаным! Егер бул азап кесеси Мен ишпей Меннен ѳте алмаса, онда Сениң еркиң орынлансын. 43 Ќайтып келип, олардың және уйықлап атырғанын кѳрди. Ѳйткени кѳзлерин уйқы басқан еди. 44 Оларды қалдырып, және барып, үшинши рет те сол сѳзлерин қайталап дуўа етти. 45 Соңынан шәкиртлериниң қасына қайтып келип, оларға: – Сизлер еле уйықлап, дем алып атырсызлар ма? Мине, ўақыт болды, Адам Улы гүнакарлардың қолына услап бериледи. 46 Турыңлар, кеттик. Ќараңлар, Маған сатқынлық қылыўшы жақынлады, – деди. 47 Ийса еле сѳйлеп турғанда, он екиниң бири Яҳуда келди. Оның менен бирге бас руўханийлер ҳәм халық ақсақаллары жиберген жүдә кѳп адамлар бар еди. Адамлар қолларына қылыш ҳәм шоқмар услаған еди. 48 Ийсаға сатқынлық қылыўшы оларға белги берип: «Мен кимди сүйсем, Ол – Соның Ѳзи. Оны қолға алыңлар», – деген еди. 49 Ол дәрриў Ийсаның қасына барып: – Ассалаўма әлейкум, Устаз! – деп Оны сүйди. 50 Ийса оған: – Ҳәй, достым, неге келдиң? – деди. Сонда олар Ийсаға жақынлап келди де, Оған қол салып услап алды. 51 Сол ўақытта-ақ Ийса менен бирге болғанлардың биреўи қылышын суўырып алып, бас руўханийдиң қулының қулағын шаўып таслады. 52 Бирақ Ийса оған: – Ќылышыңды қынабына салып қой! Ќылыш кѳтериўшилердиң ҳәммеси де қылыштан қаза табады. 53 Сен егер Мен ҳәзир Єкемнен сорасам, Ол Маған он еки легионнан да артық периште жибермейди, деп ойлайсаң ба? 54 Бирақ егер ондай болса, Мухаддес Жазыўлардағы солай болыўы тийис деген сѳзлер қалайынша орынланар еди? – деди. 55 Сонда Ийса халыққа: – Мени услаў ушын, жынаятшыға қарсы шыққандай болып, қылыш ҳәм шоқмар алып келдиңлер ме? Мен ҳәр күни Ибадатханада отырып тәлим беретуғын едим, бирақ сизлер Мени усламадыңлар. 56 Усылардың ҳәммеси пайғамбарлардың Жазыўларының орынланыўы ушын болды, – деди. Сонда шәкиртлериниң ҳәммеси Оны таслап, қашып кетти. 57 Ийсаны қолға алғанлар Оны Каяфа деген бас руўханийге апарды. Ол жерге диний муғаллимлер менен ақсақаллар жыйналған еди. 58 Петр Ийсаға бас руўханийдиң ҳәўлисине дейин узақтан ерип барды ҳәм соңын кѳриў ушын ишке кирип, сақшылар менен бирге отырды. 59 Бас руўханийлер ҳәм пүткил жоқарғы кеңес Ийсаны ѳлим жазасына ҳүким етиў ушын, Оған қарсы жалған гүўалық изледи. 60 Кѳплеген жалған гүўалар келсе де, таба алмады. Ақырында еки жалған гүўа келип: 61 – Ол: «Ќудайдың Ибадатханасын бузып, Оны үш күнниң ишинде қайта тиклей аламан», – деп айтты, – деди. 62 Сонда бас руўханий орнынан турып, Ийсадан: – Олар Саған қарсы гүўалық берип атыр-ғо. Сен неге ҳеш жуўап бермейсең? – деп сорады. 63 Бирақ Ийса үндемеди. Сонда бас руўханий Оған: – Мен Саған тири Ќудайдың аты менен буйыраман. Бизлерге айтшы: Ќудайдың Улы, Масих – Сенбисең? – деп сорады. 64 Ийса оған: – Ѳзиң айттың. Сизлерге айтатуғыным: усы ўақыттан баслап, сизлер Адам Улының Ќүдиретлиниң оң жағында отырғанын ҳәм аспандағы бултлардың үстинде киятырғанын кѳресизлер, – деди. 65 Сонда бас руўханий ѳз кийимлерин жыртып: – Ол Ќудайға тил тийгизди-ғо! Енди бизлерге гүўалардың неге кереги бар? Сизлер ҳәзир Оның Ќудайға тил тийгизгенин ѳзлериңиз еситтиңиз-ғо! 66 Сизлердиң ҳүкимиңиз қандай болады? – деп сорады. Олар жуўап қайтарып: – Ол ѳлим жазасына тартылыўы тийис, – деди. 67 Сонда олар Оның бетине түкирип, Оны ура баслады. Биреўлер бетине шапалақ пенен урып, 68 Оған: – Ҳәй, Масих! Бизлерге ўәлийлик етип айт: Сени ким урды? – деди. 69 Сол ўақытта Петр сыртта, ҳәўлиде отырған еди. Оның қасына бир шоры қыз келип: – Сен де галилалы Ийса менен бирге едиң-ғо, – деди. 70 Бирақ ол ҳәммениң алдында танып: – Сениң не айтып турғаныңды түсинбеймен, – деди. 71 Ол дәрўазаға қарай баратырғанда оны басқа бир шоры қыз кѳрип, сол жердегилерге: – Мына адам Насыралы Ийса менен бирге болған-ғо, – деди. 72 Ол ант ишип: – Мен ол Адамды танымайман, – деп және танды. 73 Бираздан кейин, сол жерде турғанлар Петрге жақынлап келип, оған: – Шынында да, сен солардың бирисең. Бул сениң сѳйлегениңнен анық билинип тур-ғо, – деди. 74 Сонда Петр: – Шынын айтып турман, мен ол Адамды танымайман, – деп ант ишип, ѳзин ѳзи ғарғай баслады. Сол ўақытта-ақ қораз шақырды. 75 Сонда Ийсаның: «Ќораз шақыраман дегенше, сен Меннен үш рет танасаң», – деген сѳзи Петрдиң есине түсти. Ол сыртқа шығып кетип, ѳкирип жылады.
1 Таң атқанда, барлық бас руўханийлер менен халық ақсақаллары Ийсаны ѳлтириў туўралы кеңести де, 2 Оны байлатып, римли ҳәким Понтий Пилатқа апарып тапсырды. 3 Сонда Ийсаға сатқынлық қылған Яҳуда Оның жазаға ҳүким етилгенин кѳрип ѳкинди де, алған отыз гүмис теңгени бас руўханийлер менен халық ақсақалларына қайтарып берип: 4 – Мен сатқынлық қылдым. Айыпсыз қанды тѳктирип, гүна иследим, – деди. Олар оған: – Бизлерге не? Ѳзиң бил, – деди. 5 Сонда Яҳуда гүмисти Ибадатхананың ишине ылақтырып таслады да, сыртқа шығып кетип, асылып ѳлди. 6 Бас руўханийлер гүмисти алып: – Буны Ибадатхана қазнасына салыўға болмайды, себеби бул қанның қуны-ғо, – деди. 7 Олар ѳз ара ойласып, сол ақшаға гүлалшының егислик жерин сатып алды да, оны жат жерден келгенлерди жерлеўге арнады. 8 Сонлықтан сол жер усы күнге дейин «Ќан жери» деп аталады. 9 Солай етип, Еремия пайғамбардың алдын ала айтқан мына сѳзлери орынланды: «Олар отыз гүмис теңгени, яғный Израилдың урпақлары баҳалаған Оның қунын алып, 10 Жаратқан Ийемниң маған айтқанындай, гүлалшының егислик жери ушын берди». 11 Ийса римли ҳәкимниң алдында турғанда, ҳәким Оннан: – Сен Яҳудийлердиң Патшасымысаң? – деп сорады. Ийса оған: – Сол екенимди ѳзиң айттың, – деп жуўап берди. 12 Ал бас руўханийлер менен халық ақсақаллары Оны айыплағанда, Ол ҳеш жуўап бермеди. 13 Сонда Пилат Оған: – Саған қарсы қаншама гүўалықлар айтып атырғанын еситип турған жоқсаң ба? – деди. 14 Бирақ Ийсаның ѳзиниң бирде бир сѳзине жуўап қайтармағанына ҳәким қатты ҳайран қалды. 15 Ќутқарылыў байрамында халық сораған бир тутқынды босатып бериў – ҳәкимниң әдети еди. 16 Сол ўақытта қамақта Бараба деген белгили бир жынаятшы бар еди. 17 Халық жыйналып болғанда, Пилат оларға былай деди: – Сизлер кимди босатып бериўимди қәлейсизлер? Барабаны ма ямаса Масих деп аталатуғын Ийсаны ма? 18 Ѳйткени ол олардың Ийсаны ѳзине күншиллик пенен услап бергенин билетуғын еди. 19 Пилат ҳүким гүрсисинде отырғанда, ҳаялы оған мынадай хабар жиберди: «Сол ҳақ Адамға ҳеш нәрсе ислеме. Мен бүгин түсимде Ол себепли кѳп азап шектим». 20 Бас руўханийлер менен халық ақсақаллары халықты үгитлеп: – Барабаны босатып берип, Ийсаны ѳлтириўди талап етиңлер, – деди. 21 Ҳәким олардан және: – Сизлерге екеўиниң қайсысын босатып бериўимди қәлейсизлер? – деп сорады. Олар: – Барабаны, – деди. 22 Пилат оларға: – Ал Масих деп аталатуғын Ийсаға не ислейин? – деп сорады. Олардың ҳәммеси де: – Оны атанақ ағашқа шегелетип тасла! – деди. 23 Ал Пилат олардан: – Ол қандай жаманлық иследи, ақыры? – деп сорады. Бирақ олар бурынғысынан бетер: – Оны атанақ ағашқа шегелетип тасла! – деп бақырысты. 24 Пилат ҳеш нәрсе ислей алмайтуғынын ҳәм қозғалаң басланажағын сезип, суў алды да, халықтың кѳз алдында қолын жуўып: – Бул Адамның қанының тѳгилиўине мен айыплы емеспен, сизлер жуўапкерсиз, – деди. 25 Пүткил халық: – Оның қаны ушын бизлер ҳәм бизлердиң балаларымыз жуўапкер болғаймыз! – деп жуўап қайтарды. 26 Сонда Пилат оларға Барабаны босатып берди. Ал Ийсаны қамшылатқаннан соң, атанақ ағашқа шегелеўге тапсырды. 27 Сонда ҳәкимниң әскерлери Ийсаны ҳәкимниң ҳәўлисине алып барып, оның алдына пүткил әскерлерди жыйнады. 28 Оның кийимлерин шешип, үстине шым қызыл шапан кийгизди де, 29 тикенли шыбықлардан таж ѳрип, Оның басына салды. Оң қолына қамыс таяқты услатты да, Оның алдында дизелерин бүгип: – Жасасын, Яҳудийлердиң Патшасы! – деп мазақ етти. 30 Оған түкирип, қамысты алып, Оның басына урды. 31 Оны мазақ қылып болғаннан соң, үстиндеги шым қызыл кийимди шешип алып, Оған Ѳз кийимин кийгизди де, атанақ ағашқа шегелеў ушын алып кетти. 32 Єскерлер шығып баратырғанда Симон атлы бир киренели адамды ушыратып, оны Ийсаның атанақ ағашын арқалап алып жүриўге мәжбүрледи. 33 Голгота деп аталған, яғный «Бас сүйек орны» дегенди аңлататуғын жерге келгенде, 34 олар Ийсаға ѳт қосылған шарапты ишиўге берди, бирақ Ол татып кѳрип, ишиўден бас тартты. 35 Оны атанақ ағашқа шегелеп болғаннан соң шек тасласып, кийимлерин ѳз ара бѳлисти, 36 соңынан отырып, Оны қараўыллады. 37 Оның айыбын кѳрсететуғын: «БУЛ – ЯҲУДИЙЛЕРДИЊ ПАТШАСЫ ИЙСА» деген жазыўды бас бетиндеги ағашқа қағып қойды. 38 Ийса менен бирге еки қарақшыны да, биреўин оң тәрепине, екиншисин сол тәрепине атанақ ағашларға шегеледи. 39 Ийсаның жанынан ѳтип баратырғанлар басларын шайқады ҳәм Оны мазақ етип: 40 – Ҳәй, Ибадатхананы бузып, Оны үш күнниң ишинде қайта тиклейжақ болған, Сен! Егер Сен Ќудайдың Улы болсаң, қәнекей, Ѳзиңди Ѳзиң қутқар! Атанақ ағаштан түсип кѳрши! – дести. 41 Бас руўханийлер, диний муғаллимлер ҳәм ақсақаллар да Оның үстинен күлип былай деди: 42 – Бул басқаларды қутқарып, Ѳзин Ѳзи қутқара алмайды. Егер Ол Израилдың Патшасы болса, ҳәзир атанақ ағаштан түссин. Сонда бизлер Оған исенермиз. 43 Ол Ќудайға арқа сүйеп тур. Егер Ќудай қәлесе, ҳәзир Оны қутқарсын. Себеби Ол: «Мен Ќудайдың Улыман», – деген еди-ғо. 44 Ийса менен бирге атанақ ағашқа шегеленген қарақшылар да Оны усылай мазақ етти. 45 Түски саат он екиден баслап, түстен кейин саат үшке дейин, пүткил жерди қараңғылық қаплап турды. 46 Саат үшлер шамасында Ийса қатты даўыс пенен: – Ели, Ели! Лама сабахтани? (Яғный: «Ќудайым, Ќудайым! Неге Мени таслап кеттиң?») – деп бақырды. 47 Сол жерде турғанлардың гейбиреўлери буны еситип: – Ол Илиясты шақырып атыр, – дести. 48 Дәрриў олардың биреўи жуўырып барып, бир сорғышты сирке суўына сиңдирди де, оны таяққа қадап, Оған ишиўге берди. 49 Ал басқалары: – Тоқтай тур, Илияс келип, Оны қутқарар ма екен, кѳрейик, – дести. 50 Ийса және қатты даўыслап бақырды да, жан тапсырды. 51 Сол ўақытта-ақ Ибадатхананың Мухаддесханасындағы перде жоқарыдан тѳменге дейин қақ айырылып, екиге бѳлинди. Жер силкинип, жартаслар жарылды. 52 Ќәбирлер ашылып, жатырған мухаддес адамлардың кѳбиси қайта тирилди. 53 Ийса қайта тирилгеннен кейин, олар қәбирлеринен шығып, мухаддес қалаға барды ҳәм кѳп адамларға кѳринди. 54 Жер силкиниўдиң ҳәм басқа ўақыялардың болғанын кѳрген жүзбасы ҳәм оның менен бирге Ийсаны қараўыллағанлар қатты қорқысып: – Бул ҳақыйқаттан да, Ќудайдың Улы екен! – дести. 55 Сол жерде узақтан қарап турған кѳп ҳаяллар да бар еди, олар Ийсаның изине Галиладан ерип келип, Оған хызмет еткен еди. 56 Олардың арасында магдалалы Мәриям, Яқып пенен Юсуптың анасы Мәриям ҳәм Зебедейдиң улларының анасы да бар еди. 57 Кеш болғанда, Ариматиядан Юсуп атлы бир бай адам келди. Ол да Ийсаның шәкирти еди. 58 Ол Пилатқа барып, Ийсаның денесин сорады. Пилат оған бериўди буйырды. 59 Юсуп денени алып, оны таза кепинликке орады да, 60 ѳзиниң жартаста ойылған жаңа қәбирине апарып қойды. Соңынан үлкен бир тасты домалатып, қәбирдиң аўзына қойды да, сол жерден кетип қалды. 61 Магдалалы Мәриям менен басқа Мәриям сол жерде, қәбирдиң қарсысында отырған еди. 62 Келеси күни, яғный яҳудийлердиң таярлық күнинен кейинги дем алыс күни бас руўханийлер менен парисейлер Пилаттың алдына жыйналып, 63 оған: – Тақсыр! Ана ѳтирикшиниң тири ўақтында: «Мен үш күннен кейин қайта тирилемен», – дегени есимизге түсти. 64 Сонлықтан да, шәкиртлери түнде келип, Оны урлап алып кетип, халыққа: «Ол ѳлимнен қайта тирилди», – деп айтпаўы ушын, Оның қәбирин үш күнге дейин қараўыллаўға буйрық бериң. Олай етпесек, соңғы жалған бурынғысынан да бетер болады, – деди. 65 Пилат оларға: – Сақшылар бар-ғо. Барып, қәбирди ѳз билгенлериңизше гүзетиңлер, – деди. 66 Олар барып, тасқа мѳр басты да, қәбирге сақшы қойды.
1 Яҳудийлердиң дем алыс күни ѳткеннен соң, екшемби күни таң сәҳәрде магдалалы Мәриям ҳәм басқа Мәриям қәбирди кѳриўге келди. 2 Бирден жер қатты силкинип, Ќудайдың периштеси аспаннан түсип келди де, қәбирдиң аўзындағы тасты домалатып алып таслап, оның үстине отырды. 3 Периштениң түси жылдырымдай болып, кийими қардай аппақ еди. 4 Сақшылар оннан қатты қорқып қалтырасты ҳәм ѳли сыяқлы болып, жаны қалмады. 5 Периште ҳаялларға: – Ќорқпаңлар! Атанақ ағашқа шегеленген Ийсаны излеп келгенлериңизди билемен. 6 Ол бул жерде жоқ. Ѳзиниң айтқанындай, Ол қайта тирилди. Барып, Оның жатқан жерин кѳриңлер. 7 Ҳәзир тез Оның шәкиртлерине барып: «Ийса ѳлимнен қайта тирилипти! Ол сизлерден бурын Галилаға барады. Оны сол жерде кѳресизлер!» – деп айтып барыңлар. Мениң сизлерге айтатуғыным усы, – деди. 8 Ҳаяллар биресе қорқысып, биресе қатты қуўанысып, қәбирден тез шықты да, Оның шәкиртлерине хабарды жеткизиў ушын асығып жуўырып кетти. 9 Күтилмегенде Ийса олардың алдынан шығып: – Ассалаўма әлейкум! – деди. Олар жақынлап келди де, Ийсаның аяғын қушақлап, Оған табынды. 10 Сонда Ийса оларға: – Ќорқпаңлар! Мениң туўысқанларыма барып айтыңлар, Галилаға барсын. Олар Мени сол жерде кѳреди, – деди. 11 Ҳаяллар жолда жүргенде сақшылардың гейбиреўлери қалаға барып, болған ўақыяның барлығын бас руўханийлерге айтып берди. 12 Бас руўханийлер ақсақаллар менен жыйналысып кеңести де, әскерлерге кѳп ақша берип: 13 – «Түнде бизлер уйықлап атырғанымызда шәкиртлери келип, Оны урлап алып кетти», – деп айтыңлар. 14 Егер бул хабар ҳәкимниң қулағына жетсе, бизлер оның менен келисип, сизлерди ҳәр қандай бәледен сақлап қаламыз, – деди. 15 Єскерлер ақшаны алып, олардың үйретиўи бойынша иследи. Ал усы сѳз яҳудийлердиң арасында бүгинги күнге дейин кең тарқалған. 16 Он бир шәкирти Галилаға, Ийсаның ѳзлерине айтқан таўына барды. 17 Олар Ийсаны кѳргенде, Оған табынды, бирақ гейбиреўлери гүманланды. 18 Сонда Ийса олардың қасына келип: – Маған аспанда да, жерде де пүткил бийлик берилген. 19 Сонлықтан да барып, барлық миллетлерди Маған шәкирт қылыңлар: оларды Єкениң, Улдың ҳәм Мухаддес Руўхтың аты менен шомылдырып, 20 Мениң сизлерге буйырғанларымның ҳәммесин орынлаўды оларға үйретиңлер. Минекей, Мен дүньяның ақырына дейин ҳәмме ўақыт сизлер менен бирге боламан! – деди.
1 Ќудайдың Улы Ийса Масихтың Хош Хабарының басланыўы. 2 Ийшая пайғамбардың китабында былай деп жазылған: «Мине, Мен хабаршымды алдыңнан жиберемен, ол Сениң баратуғын жолыңды таярлап қояды . 3 Шѳл далада бақырған биреўдиң даўысы шығады: „Ийемизге жол таярлаңлар, Оның жолларын дүзетиңлер!“» 4 Яқыя шѳл далаға келип, адамларды суўға шомылдырды. Оларға гүналарының кеширилиўи ушын тәўбеге келиўди ҳәм суўға шомылдырылыўды жәриялап жүрди. 5 Сонда пүткил Яҳудия үлкесиниң халқы ҳәм Ерусалим турғынларының ҳәммеси оған барып, гүналарын мойынлады ҳәм Иордан дәрьясында шомылдырылды. 6 Яқыя түйе жүнинен кийим кийген, белин тери қайыс пенен буўған болып, шегиртке ҳәм жабайы ҳәррениң палы менен аўқатланатуғын еди. 7 Ол халыққа жәриялап: – Мениң изимнен меннен де қүдиретли Биреў киятыр. Мен ийилип, Оның аяқ кийиминиң баўын шешиўге де ылайықлы емеспен. 8 Мен сизлерди суў менен шомылдырдым, ал Ол сизлерди Мухаддес Руўх пенен шомылдырады, – деди. 9 Сол күнлери Ийса Галила үлкесиндеги Насыра қаласынан келип, Иордан дәрьясында Яқыяның қолынан шомылдырылды. 10 Ийса суўдан шығыўдан-ақ, аспанның ашылғанын ҳәм Мухаддес Руўхтың кептердей Ѳзиниң үстине түскенин кѳрди. 11 Сонда аспаннан: – Сен – Мениң сүйикли Улымсаң, Мен Саған ырзаман! – деген саза еситилди. 12 Соннан соң, дәрриў Мухаддес Руўх Ийсаны шѳлге апарды. 13 Ийса шѳлде қырық күн болып, шайтан тәрепинен сыналды. Ол жабайы ҳайўанлар арасында болды ҳәм периштелер Оған хызмет етти. 14 Яқыя қамаққа алынғаннан кейин, Ийса Галила үлкесине келди ҳәм Ќудайдың Хош Хабарын жәриялап: 15 – Ўақыт болды, Ќудай Патшалығы жақынлады. Тәўбе етип, Хош Хабарға исениңлер! – деди. 16 Ийса Галила теңизиниң жағасы менен баратырғанда, теңизге аў салып жүрген Симонды ҳәм оның иниси Андрейди кѳрди. Олар балықшылар еди. 17 Ийса оларға: – Мениң изиме ериңлер! Мен сизлерди адамларды Ќудайдың жолына түсириўшилер қыламан, – деди. 18 Олар дәрриў аўларын таслап, Оның изине ерди. 19 Ийса бираз жүргеннен соң, Зебедейдиң улы Яқыпты ҳәм оның иниси Юханды кѳрди. Олар қайықта аўларын жамап отырған еди. 20 Ийса дәрриў оларды да шақырды. Олар да әкеси Зебедейди жумысшылар менен қайықта қалдырып, Ийсаның изине ерди. 21 Олар Капарнаҳум қаласына келди. Дем алыс күни болғанда Ийса дәрҳал мәжилисханаға кирип, адамларға тәлим бере баслады. 22 Адамлар Оның тәлимине таң қалысты, себеби Ол диний муғаллимлер сыяқлы емес, ал Ѳз бийлиги менен тәлим берди. 23 Сол ўақытта олардың мәжилисханасында жаўыз руўхлы бир адам болып, ол: 24 – Насыралы Ийса! Бизлер менен не жумысың бар? Сен бизлерди жоқ етиўге келдиң бе? Сениң ким екениңди билемен, Сен – Ќудайдың Мухаддесисең! – деп бақыра баслады. 25 Бирақ Ийса жаўыз руўхқа кейип: – Үниңди ѳшир де, оннан шығып кет! – деди. 26 Жаўыз руўх адамды қалтыратты да, қатты бақырып, оннан шығып кетти. 27 Ҳәмме таң қалысып, ѳз ара: – Бул не? Бул қандай қүдиретли жаңа тәлиймат? Оның буйрығына жаўыз руўхлар да бойсынады-ғо, – дести. 28 Ийса ҳаққында хабар тез арада пүткил Галила үлкесиниң ҳәмме жерине тарқалды. 29 Мәжилисханадан шығыўдан-ақ, Ийса Яқып ҳәм Юхан менен бирге Симон ҳәм Андрейдиң үйине келди. 30 Симонның қәйин енесиниң ыссылығы кѳтерилип, аўырып жатырған еди. Олар Ийсаға ол ҳаққында дәрриў айтып берди. 31 Ийса ҳаялдың қасына барып, қолынан услап турғызғанда, оның ыссылығы түсип, оларға хызмет етти. 32 Ќуяш батып кеш түскенде, адамлар Ийсаға барлық аўырған ҳәм жин урғанларды алып келди. 33 Пүткил қала халқы есик алдына жыйналды. 34 Ол ҳәр түрли аўырыў менен аўырған кѳп адамларға шыпа берди ҳәм кѳп жинлерди қуўып шығарды. Ийса жинлердиң сѳйлеўине рухсат бермеди, ѳйткени жинлер Оның ким екенин билетуғын еди. 35 Таң азанда Ийса ерте турып, үйден шықты. Бир Ѳзи аўлақ жерге кетип, сол жерде дуўа етти. 36 Симон ҳәм оның қасындағылар Оны излеп шықты. 37 Оны тапқаннан соң, Оған: – Ҳәмме Сени излемекте, – дести. 38 Ол жуўап берип: – Жүриңлер, жақын жайласқан қалаларға барайық. Мен ол жерлерде де ўаз айтыўым керек, себеби Мен сол ушын келгенмен, – деди. 39 Солай етип, Ийса пүткил Галила үлкесин аралап, олардың мәжилисханаларында ўаз айтып, жинлерди қуўып шығарды. 40 Мақаў кесел болған бир адам Ийсаға келип, Оның алдында дизе бүкти ҳәм Оннан: – Егер Сен қәлесең, мени мақаў кеселден тазалай аласаң-ғо, – деп ѳтинди. 41 Ийсаның жаны ашып, қолын созып, оған тийгизди де: – Ќәлеймен, тазалан! – деди. 42 Дәрҳал сол адамның мақаў кесели кетип, тазаланды. 43 Ийса қатаң ескертип, оны дәрҳал жиберди де: 44 – Абайла, ҳеш кимге ҳеш нәрсе айтыўшы болма! Бирақ руўханийге барып ѳзиңди кѳрсет те, мақаў кеселден тазаланғаныңды адамларға дәлиллеў ушын, Муўса буйырған қурбанлықты бер, – деди. 45 Бирақ ол барып, болған ўақыяның ҳәммесин жар салып айта баслады. Сол себепли, Ийса енди қалаға ашық кире алмайтуғын болды ҳәм қала сыртындағы далаңлықта турды. Сонда да халық Оған ҳәр тәрептен келе берди.
1 Бир неше күннен кейин, Ийса және Капарнаҳумға қайтып келгенде, адамлар Оның үйде екенин еситти. 2 Кѳп адам жыйналғанлықтан, есик алдында да орын қалмады. Ийса оларға Ќудайдың сѳзин айтты. 3 Сонда Оған тѳрт адам бир ләң адамды кѳтерип алып келди. 4 Бирақ адам кѳп болғанлықтан, Ийсаға жақынласа алмады. Сонлықтан олар Ийса болған үйдиң тѳбесин ашып, ләң адамды тѳсеги менен тѳменге түсирди. 5 Ийса олардың исенимин кѳрип, ләң адамға: – Балам, гүналарың кеширилди! – деди. 6 Сол жерде бир неше диний муғаллимлер отырған еди, олар ишлеринен: 7 «Ол неге Ќудайға тил тийгизип тур? Гүналарды жалғыз Ќудайдан басқа ким кешире алады?» – деп ойлады. 8 Ийса олардың не ойлағанын дәрриў билип: – Ишлериңизден неге бундай нәрселерди ойлап турсызлар? 9 Ләң адамға нени айтыў аңсатырақ: «Гүналарың кеширилди», – деў ме ямаса «Орныңнан турып, тѳсегиңди алып жүр», – деў ме? 10 Бирақ, Адам Улының жер бетинде гүналарды кешириўге бийлиги бар екенин билип қойыңлар, – деди де, ләң адамға: 11 – Саған айтаман: орныңнан тур да, тѳсегиңди алып, үйиңе бар! – деди. 12 Адам орнынан турды да, дәрриў тѳсегин алып, адамлардың кѳз алдында шығып кетти. Ҳәмме таң қалысты ҳәм Ќудайды мақтап: – Бизлер ҳеш қашан бундай нәрсени кѳрген жоқпыз, – дести. 13 Ийса және теңиз жағасына барғанда, халық Оның қасына келди ҳәм Ол адамларға тәлим берди. 14 Ийса кетип баратырып, салық кеңсесинде отырған Алпейдиң улы Лебийди кѳрди де, оған: – Мениң изиме ер! – деди. Ол орнынан турып, Ийсаның изине ерди. 15 Ийса Лебийдиң үйинде дастурхан басында отырғанда, кѳп салықшылар менен гүнакарлар Ол ҳәм Оның шәкиртлери менен бирге аўқат жеди. Ѳйткени Оның изине ериўши бундай адамлар кѳп еди. 16 Парисейлер арасындағы диний муғаллимлер Оның гүнакарлар ҳәм салықшылар менен бирге ас ишип отырғанын кѳрип, Оның шәкиртлерине: – Ол неге салықшылар ҳәм гүнакарлар менен бирге ас ишип отыр? – деди. 17 Буны еситкен Ийса: – Шыпакерге дени саўлар емес, ал аўырыўлар мүтәж. Мен ҳақ адамларды емес, ал гүнакарларды шақырыў ушын келдим, – деди. 18 Яқыяның ҳәм парисейлердиң шәкиртлери ораза тутатуғын еди. Айырым адамлар Ийсаға келип: – Яқыяның ҳәм парисейлердиң шәкиртлери ораза тутады, ал Сениң шәкиртлериң неге ораза тутпайды? – деп сорады. 19 Ийса оларға: – Тойға келгенлер күйеў олар менен бирге болған ўақытта ораза тута ала ма? Күйеў ѳзлери менен бирге болса, олар ораза тута алмайды. 20 Бирақ, олардан күйеўди тартып алып кетилетуғын күнлер келеди, олар сонда, сол күнлери ораза тутады. 21 Ҳеш ким ески кийимге жаңа таўардан жамаў жамамайды. Олай етсе, жаңа жамаў ески кийимнен жыртылып қалып, жыртық бурынғысынан бетер болады. 22 Ҳеш ким жаңа шарапты ески меске қуймайды. Олай етсе, жаңа шарап ески мести жарып, шарап та ағып кетеди, мес те бузылады. Жаңа шарап жаңа меске қуйылыўы тийис, – деди. 23 Бир дем алыс күни Ийса бийдай атызының арасынан ѳтип баратырғанда, шәкиртлери жол бойы бийдайдың масақларын үзе баслады. 24 Парисейлер Ийсаға: – Ќара, олар не ушын дем алыс күнинде ислеўге болмайтуғын исти ислеп атыр, – деди. 25 Ийса оларға: – Ѳзи де, қасындағылар да аўқатқа мүтәж болып аш қалғанда, Даўыттың не ислегенин сизлер ҳеш оқымағансызлар ма? 26 Ол бас руўханий Абиятардың заманында Ќудайдың Үйине кирип, тек руўханийлерге ғана жеўге болатуғын, Ќудайға арналған нанларды ѳзи де жеген, қасындағыларға да берген емес пе? – деди. 27 Ол және: – Адам дем алыс күни ушын емес, ал дем алыс күни адам ушын жаратылған. 28 Сонлықтан Адам Улы дем алыс күниниң де ийеси, – деди.
1 Ийса және мәжилисханаға кирди. Ол жерде қолы ләң бир адам бар еди. 2 Гейбиреўлер Ийсаны айыпламақшы болып, дем алыс күни сол адамға шыпа бермес пе екен деп, Оны аңлыды. 3 Ийса қолы ләң адамға: – Ортаға шық, – деди. 4 Соңынан олардан: – Нызам бойынша дем алыс күни не ислеген дурыс: жақсылық па ямаса жаманлық па? Адамның жанын қутқарыў ма ямаса набыт қылыў ма? – деп сорады. Бирақ олар үндемеди. 5 Ийса оларға ашыўлы нәзер таслап, олардың тас баўырлығына қыйналды ҳәм сол адамға: – Ќолыңды соз, – деди. Ол қолын созғанда, қолы бурынғыдай сап-саў болып қалды. 6 Бирақ парисейлер сыртқа шығып, Ийсаны жоқ қылыў туўралы Ҳиродтың адамлары менен дәрриў тил бириктире баслады. 7 Ийса Ѳз шәкиртлери менен теңиздиң жағасына шықты. Оған Галиладан кѳп халық ерип жүрди. 8 Яҳудиядан, Ерусалимнен, Идумеядан, Иорданның арғы жағасынан ҳәм Тир менен Сидон әтирапынан жүдә кѳп адамлар Оның ислеген ислери ҳаққында еситип, Оған келди. 9 Халық кѳп жыйналғанлықтан, Ѳзин тығылыстырмасын деп, Ийса шәкиртлерине қайық таярлаўды тапсырды. 10 Себеби Ол кѳп адамларға шыпа бергенликтен, аўырыў адамлардың ҳәммеси Оған қолларын тийгизбекши болып, әтирапына тығылысты. 11 Ҳәр қашан жаўыз руўхлар Ийсаны кѳргенде, Оның алдына жығылып: – Сен – Ќудайдың Улысаң! – деп бақырысатуғын еди. 12 Бирақ Ол Ѳзиниң ким екенлигин ашық айтыўды оларға қатаң қадаған ететуғын еди. 13 Ийса таўға шығып, Ѳзи қәлеген адамларды шақырғанда, олар Оның қасына келди. 14 - 15 Ѳзи менен бирге болыў ушын, Ќудайдың сѳзин жәриялаўға жибериў ушын ҳәм жинлерди қуўып шығарыўға бийлик бериў ушын он екисин таңлады. 16 Ийса тайынлаған он еки елши мыналар еди: Ол Петр деп атаған Симон, 17 Ийса Боанергес, яғный «гүлдирмаманың балалары» деп атаған Зебедейдиң уллары Яқып ҳәм Юхан, 18 Андрей, Филип, Бартоломей, Матта, Томас, Алпейдиң улы Яқып, Тадей, ўатансүйер Симон 19 ҳәм кейин Ийсаға сатқынлық ислеген Яҳуда Исқариот. 20 Соңынан Ийса үйге киргенде, және кѳп халық жыйналып, Оған ҳәм шәкиртлерине аўқатланыўға мүмкиншилик болмай қалды. 21 Ийсаның үй-иши буны еситип, Оны алып кетиў ушын келди. Ѳйткени адамлар: «Ол есинен аўыпты», – деген еди. 22 Ерусалимнен келген диний муғаллимлер: – Онда Белзебүл-шайтан бар. Ол жинлерди жинлердиң баслығының күши менен қуўып шығарып жүр, – дести. 23 Сонда Ийса оларды Ѳзине шақырып алып, оларға тымсаллар менен сѳйлей баслады: – Шайтанды шайтан қалай қуўып шығара алады? 24 Егер бир патшалық ѳз ишинен бѳлинсе, ол қулайды. 25 Бир үй ѳз ишинен бѳлинсе, ол қулайды. 26 Егер шайтан ѳзине ѳзи қарсы шығып, ѳз ара бѳлинсе, онда оның патшалығының қулап, тамам болатуғын ўақтының жеткени. 27 Ҳеш ким де күшли адамның үйине кирип, мал-мүлкин тонай алмайды. Тек оны байлағаннан кейин ғана оның үйин тонай алады-ғо. 28 Сизлерге шынын айтып турман: адамлардың ҳәр қандай гүнасы да, тил тийгизиўлери де кешириледи. 29 Бирақ ким де ким Мухаддес Руўхқа тил тийгизсе, ҳеш қашан кеширилмейди. Ол мәңгиге гүналы болады. 30 Ийса бул сѳзлерди адамлардың: «Онда жаўыз руўх бар», – дегени себепли айтты. 31 Сонда Ийсаның анасы ҳәм туўысқанлары келди. Олар үйдиң сыртында турып, адам жиберип, Оны шақыртты. 32 Єтирапында отырған аламан Ийсаға: – Сениң анаң менен туўысқанларың келип, Сени сыртта шақырып тур, – дести. 33 Ийса оларға жуўап қайтарып: – Мениң анам ким, туўысқанларым кимлер? – деди де, 34 әтирапында отырғанларға қарап: – Мине, Мениң анам ҳәм туўысқанларым! 35 Ким де ким Ќудайдың еркин орынласа, Мениң туўысқаным да, анам да – сол, – деди.
1 Ийса және теңиз жағасында тәлим бере баслады. Єтирапына жүдә кѳп халық жыйналғанлықтан, теңиздеги қайыққа минип отырды, ал халық теңиздиң жағасында, жерде болды. 2 Ол халыққа тымсаллар менен кѳп нәрселерди үйретип, былай деди: 3 – Тыңлаңлар: бир туқым себиўши туқым себиўге шығыпты. 4 Ол сепкенде, туқымлардың гейбиреўлери жол шетине түсипти. Ќуслар ушып келип, оларды шоқып жеп қойыпты. 5 Гейбиреўлери топырағы аз болған таслаққа түсип, жер терең болмағанлықтан тез кѳгерип шығыпты. 6 Бирақ күн шыққаннан соң солып, тамырсыз болғанлықтан, қуўрап қалыпты. 7 Гейбиреўлери тикенлер арасына түсипти. Тикенлер ѳскеннен соң, оларды туншықтырып таслапты ҳәм олар зүрәәт бермепти. 8 Ал басқалары ѳнимли жерге түсип, кѳгерип ѳсип шығыпты ҳәм гейбиреўи отыз, гейбиреўи алпыс, гейбиреўи жүз еседен зүрәәт берипти. 9 Ќулағы бар жақсылап еситип алсын! 10 Ийса жалғыз қалғанда, он еки шәкирти ҳәм басқалар Оннан тымсаллар ҳаққында сорады. 11 Ийса оларға былай деди: – Ќудай Патшалығының сырын билиў сизлерге берилген. Ал сырттағы басқа адамларға ҳәммеси тымсаллап айтылады. 12 Солай етип: «Олар қараса да кѳрмейди, еситсе де түсинбейди, қайтып келип, кеширилмейди». 13 Ийса оларға былай деди: – Сизлер бул тымсалды түсинбейсизлер ме? Онда басқа барлық тымсалларды қалай түсинесизлер? 14 Туқым себиўши Ќудайдың сѳзин себеди. 15 Гейбир адамлар жол шетине себилген туқымларға уқсайды, олар Ќудайдың сѳзин еситиўден-ақ, шайтан келип, олардың кеўлине себилген сѳзди алып кетеди. 16 Базылар таслақ жерге себилген туқымларға уқсайды. Олар сѳзди еситкен ўақытта-ақ оны қуўаныш пенен қабыл етеди. 17 Бирақ тамырсыз болғанлықтан турақсызлық етип, сѳз ушын азап шегиўге ямаса қуўдаланыўға туўра келгенде, тез исенимнен қайтады. 18 Айырымлар тикенлер арасына себилген туқымларға уқсайды. 19 Олар сѳзди еситсе де, бул дүньяның тәшиўишлери, байлыққа алданыў ҳәм басқа да ҳәўес болыўлар сѳзди туншықтырады, сонлықтан олар зүрәәт бермейди. 20 Ал басқалары ѳнимли жерге себилген туқымларға уқсайды. Олар сѳзди еситип, оны қабыл етеди ҳәм зүрәәт береди: биреўлери отыз, биреўлери алпыс, биреўлери жүз еседен береди. 21 Ийса оларға және былай деди: – Ким шыраны ыдыстың ямаса кәттиң астына қойыў ушын әкеледи? Керисинше, оны шыра қойғышқа қойыў ушын әкелмей ме? 22 Себеби ашылмайтуғын ҳеш қандай сыр, билинбейтуғын ҳеш қандай жасырын нәрсе жоқ. 23 Еситиўге қулағы бар еситсин! 24 Ийса даўам етип, оларға былай деди: – Еситкенлериңизге кеўил аўдарыңлар! Сизлер қандай ѳлшем менен ѳлшеп берсеңлер, Ќудай да сизлерге сондай ѳлшем менен ѳлшеп береди. Ҳәтте, сизлерге қосымша етип те береди. 25 Кимде бар болса, оған қосымша етип бериледи, ал кимде жоқ болса, оның бары да тартып алынады. 26 Соң Ийса: – Аспан Патшалығы мынаған уқсайды: бир адам жерге туқым сеўипти. 27 Ол түн болғанда уйықлапты, күндиз болғанда ояныпты: бирақ туқымның қалай кѳгерип ѳскенин билмепти. 28 Ѳйткени жер ѳз-ѳзинен зүрәәт береди: дәслеп кѳк шығып, соңынан масақ, ал оннан соң масақ ишинде дән ѳнеди. 29 Ал егин писип жетилискенде, сол адам дәрриў орыўға кириседи, себеби орыў мәҳәли келди, – деди. 30 Ийса тағы былай деди: – Ќудай Патшалығын неге уқсатайық? Оны қандай тымсал менен түсиндириўге болады? 31 Ол қышқыл туқымға уқсайды. Жерге себилгенде, бул туқым жер жүзиндеги барлық туқымлардың ең кишиси болады. 32 Бирақ ол себилгеннен соң ѳсип, шақалары жайылып, барлық шѳплерден үлкен болады ҳәм оған аспан қуслары ушып келип, саялы шақаларына уя салады. 33 Ийса усындай кѳп тымсаллар менен халыққа түсине алғанынша сѳз айтты. 34 Оларға тымсалсыз ҳеш нәрсе айтпады, ал шәкиртлерине аўлақта ҳәммесин түсиндирди. 35 Сол күни кеште Ийса шәкиртлерине: – Теңиздиң арғы жағасына ѳтейик, – деди. 36 Олар халықты қалдырып, Ийсаны отырған қайығы менен алып кетти. Оның менен бирге басқа қайықлар да бар еди. 37 Сонда күшли даўыл кѳтерилип, толқынлар қайықты соққылағанда, қайық суўға тола баслады. 38 Ал Ийса қайықтың артқы жағында басына дастық салып, уйықлап атыр еди. Шәкиртлери Оны оятып: – Устаз! Бизлер ѳлетуғын болдық-ғо, бул Саған бәри бир ме? – деди. 39 Сонда Ол турды да, самалға тыйым салып, теңизге: – Тоқта! Тынышлан! – деп буйырды. Сонда самал тоқтап, аўыр тынышлық орнады. 40 Ийса оларға: – Неге буншама қорқасызлар? Еле исенимлериңиз жоқ па? – деди. 41 Бирақ олар қатты қорқысып, бир-бирине: – Самалды да, теңизди де Ѳзине бойсындыратуғын бул ким? – дести.
1 Олар теңиздиң арғы жағасындағы Гадара үлкесине келди. 2 Ийса қайықтан түскенде, дәрриў Оның қарсы алдынан қәбирлердиң арасы менен киятырған жаўыз руўхқа шалынған адам шықты. 3 Бул адам қәбирлер арасында жасап, оны ҳеш ким шынжыр менен де байлап таслай алмаған еди. 4 Неше рет шынжырласа да, кисенлесе де, ол ҳәр қашан шынжырларды үзип, кисенлерди сындырып таслайтуғын еди. Оны бойсындырыўға ҳеш кимниң күши жетпейтуғын еди. 5 Ол күни-түни қәбирлер арасында ҳәм таўдың етеклеринде бақырып, ѳзин таслар менен жарақатлайтуғын еди. 6 Узақтан Ийсаны кѳрген ол жуўырып келди де, аяғына жығылып: 7 – Ќүдиретли Ќудайдың Улы – Ийса! Мениң менен не жумысың бар? Ќудай ушын ѳтинемен, мени қыйнама! – деп қатты бақырды. 8 Ѳйткени Ийса: «Ҳәй, жаўыз руўх, бул адамнан шығып кет!» – деген еди. 9 Сонда Ийса оннан: – Атың ким? – деп сорады. Ол: – Мениң атым үлкен топар, себеби бизлер кѳппиз, – деди 10 ҳәм ѳзлерин бул жерден басқа жаққа жибермеўин ѳтинип, Оған қатты жалынды. 11 Сол жердеги таўдың етегинде үлкен шошқа падасы жайылып жүрген еди. 12 Жаўыз руўхлар Ийсаға жалынып: – Бизлерди сол шошқаларға жибер, оларға кирейик, – деди. 13 Ийса оларға рухсат етти. Сонда жаўыз руўхлар сол адамнан шығып, шошқаларға кирди ҳәм еки мыңға шамалас шошқа падасы жуўырысып, тик жардан теңизге түсти де, батып кетти. 14 Шошқа бағыўшылар қашып кетип, қала ҳәм аўылларға барды да, болған ўақыяны айтып берди. Адамлар не болғанын кѳриў ушын келди. 15 Олар Ийсаның қасына барып, бурын үлкен жин топары урған адамның ақыл-еси кирип, кийинип отырғанын кѳргенде қорқып қалысты. 16 Болған ўақыяны кѳргенлер жин урған адамға ҳәм шошқаларға не болғанын оларға айтып берди. 17 Сонда адамлар Ийсадан олардың үлкесинен кетиўин ѳтине баслады. 18 Ийса қайыққа мингенде, жиннен азат болған адам Оған: – Сениң менен бирге барайын, – деп жалынды. 19 Бирақ Ийса оған рухсат етпей: – Үйиңе, жақынларыңның қасына қайт, Ийемиздиң саған не ислегенин ҳәм Оның саған қандай мийрим-шәпәәт кѳрсеткенин оларға айтып бер, – деди. 20 Ол адам сол жерден кетип, Ийсаның оған не ислегенин Декаполиске барып жәриялай баслады. Еситкенлердиң ҳәммеси таң қалысты. 21 Ийса қайық пенен және арғы жағаға ѳткенде, әтирапына кѳп адам жыйналды. Ол жағада турғанда, 22 Яир атлы мәжилисхана басшыларының бири келди. Ол Ийсаны кѳрип, аяғына жығылды да: 23 – Кишкене қызым ѳлим тѳсегинде жатыр. Сен келип, оның үстине қолыңды қой, ол шыпа таўып, тири қалсын! – деп қатты жалынды. 24 Ийса оның менен бирге кетти. Изине кѳп халық ерип, тығылыстырып жүрди. 25 Сол жерде он еки жыл бойы қан кетип аўырған бир ҳаял бар еди. 26 Ол талай шыпакерлерден кѳп азап шеккен еди ҳәм пүткил мал-мүлкин сарплаған болса да ҳеш шыпа таппай, аўҳалы бурынғысынан бетер болған еди. 27 Ҳаял Ийса ҳаққында еситип, адамлардың арасы менен Оның арқа бетинен келди де, кийимине қолын тийгизди. 28 Ѳйткени ол ишинен: «Оның кийимине ғана қол тийгизсем, шыпа табаман», – деген еди. 29 Сол ўақытта-ақ ҳаялдың қан кетиўи тоқтады ҳәм ол денесиниң шыпа тапқанын сезди. 30 Сонда Ийса Ѳзинен күш шыққанын дәрриў билип, халыққа бурылды да: – Мениң кийимиме ким қолын тийгизди? – деп сорады. 31 Шәкиртлери Оған: – Халықтың Сени тығылыстырып киятырғанын кѳрип турып, неге: «Мениң кийимиме ким қол тийгизди», – деп сорайсаң? – деди. 32 Бирақ Ийса буны ким ислегенин кѳриў ушын, әтирапына қарай баслады. 33 Сонда ѳзине не болғанын билген ҳаял қорқып ҳәм қалтырап, Оның алдына келди де, аяғына жығылып, бар ҳақыйқатты айтып берди. 34 Ийса оған: – Ќызым! Исенимиң сени қутқарды. Тынышлық пенен бара бер, енди дәртиңнен азап шекпейсең, – деди. 35 Ол еле усыларды айтып турғанда, мәжилисхана басшысының үйинен адамлар келип: – Ќызыңыз ѳлди. Енди неге Устаздың тынышын алып турсыз? – деди. 36 Бирақ Ийса бул сѳзлерди еситсе де, мәжилисхана басшысына: – Ќорқпа, тек исен, – деди. 37 Ийса Ѳзине Петр, Яқып ҳәм оның иниси Юханнан басқа ҳеш кимниң ериўине рухсат етпеди. 38 Олар мәжилисхана басшысының үйине келгенде, даўыс шығарып қатты жыласып турған адамларды кѳрди. 39 Ийса ишке кирип: – Неге қайғырып, жылап турсызлар? Ќыз ѳлген жоқ, ол тек уйықлап атыр, – деди. 40 Олар Ийсаның үстинен күлди. Бирақ Ол ҳәммени шығарып жиберип, Ѳзи менен бирге қыздың ата-анасын ҳәм шәкиртлерин алып, қыз жатырған бѳлмеге кирди. 41 Ќыздың қолынан услап, оған: – Талита куми! – деди. Бул: «Ќызым, саған айтаман, түргел», – дегенди билдиреди. 42 Ќыз дәрриў орнынан турып, жүре баслады: оның жасы он екиде еди. Буны кѳргенлер қатты таң қалысты. 43 Ийса оларға бул ҳаққында ҳеш кимге айтпаўларын қатаң буйырып, қызға аўқат бериўди тапсырды.
1 Ийса сол жерден шығып, Ѳзи ѳскен қалаға келди. Оның изине шәкиртлери де ерди. 2 Дем алыс күни болғанда, Ол мәжилисханада тәлим бере баслады. Оны тыңлаған кѳп адамлар таң қалысып: – Булардың бәрин Ол қаяқтан алған? Оған бундай даналықты ким берген? Усындай кәраматлар Оның қолы менен қалай исленбекте? 3 Ол ағаш устасы емес пе? Ол Мәриямның улы, Яқып, Иосес, Яҳуда ҳәм Симонлардың ағасы емес пе? Оның қарындаслары да усы жерде, бизлердиң арамызда емес пе? – десип, Оны тән алмады. 4 Ийса оларға: – Ќәдирленбейтуғын пайғамбар жоқ, ол тек ѳз ўатанында, ағайин-туўғанларының арасында ҳәм үйинде ғана қәдирсиз, – деди. 5 Ийса ол жерде тек бир неше аўырыў адамлардың үстине ғана қолын қойып, шыпа берди, бирақ басқа кәраматлар ислей алмады 6 ҳәм олардың исенимсизлигине ҳайран қалды. Соңынан Ийса сол әтираптағы аўылларды аралап, тәлим берди. 7 Он еки шәкиртин шақырып алып, оларды екеў-екеўден жибере баслады ҳәм оларға жаўыз руўхларды қуўып шығарыўға бийлик берди. 8 Оларға: – Жолға жалғыз таяқтан басқа ҳеш нәрсе: нан да, дорба да, қалталарыңызға ақша да алмаңлар, 9 аяқларыңызға аяқ кийим кийсеңлер де, артық кийим алмаңлар, – деп буйырды. 10 Ол және: – Бир жерлерде қайсы үйге кирсеңиз, ол жерден шығып кеткениңизше, сол үйде болыңлар. 11 Егер бир жерде сизлерди қабыл етпесе ҳәм сѳзлериңизди тыңламаса, сол жерден шығып баратырып, оларға ескертиў ретинде, аяқларыңыздағы шаңды қағып кетиңлер, – деди. 12 Шәкиртлер барып, халыққа тәўбе етиўди жәриялап жүрди 13 ҳәм кѳп жинлерди қуўып шығарып, кѳп аўырыў адамларды май менен сылап, оларға шыпа берди. 14 Патша Ҳирод Ийса туўралы еситти, себеби Оның аты ҳәммеге белгили болған еди. Гейбиреўлер: «Бул – ѳлимнен қайта тирилген Шомылдырыўшы Яқыя, сонлықтан да Ол усындай кәраматлар ислемекте», – десе, 15 базылар: «Бул – Илияс», – дести. Тағы басқалар: «Ол – бурынғы пайғамбарлар сыяқлы, бир пайғамбар», – дести. 16 Ал буны еситкен Ҳирод: – Мен басын кестирген Яқыя тирилип келипти, – деди. 17 Ҳирод ѳз иниси Филиптиң ҳаялы Ҳиродияға үйленгенлиги себепли, адам жиберип, Яқыяны услатып байлатты да, оны қаматып таслады. 18 Ѳйткени Яқыя оған: «Туўысқаныңның ҳаялын алыўың нызамға туўры келмейди», – деген еди. 19 Ал Ҳиродия кек сақлап, Яқыяны ѳлтириўди ойлап еди, бирақ ѳлтире алмады. 20 Себеби Ҳирод Яқыяның ҳақ ҳәм мухаддес адам екенин билип, оннан қорқып, оны қорғайтуғын еди. Ол Яқыяның сѳзлерин еситкенде қатты тынышсызланса да, оларды қызығыўшылық пенен тыңлайтуғын еди. 21 Күнлердиң биринде қолайлы жағдай туўылды. Ҳирод туўылған күнинде сарай ҳәмелдарларына, әскербасыларға ҳәм Галила үлкесиниң басшыларына зыяпат берди. 22 Сонда Ҳиродияның қызы келип ойынға түсип, Ҳиродтың ҳәм оның қонақларының кеўлинен шықты. Ҳирод қызға: – Меннен не тилесең де сора, беремен, – деди. 23 Және де, қызға ант ишип: – Не тилесең де, ҳәммесин беремен, патшалығымның ярымын да беремен, – деди. 24 Ќыз сыртқа шығып, анасына: – Не сорайын? – деди. Анасы: – Шомылдырыўшы Яқыяның басын сора! – деди. 25 Ќыз дәрриў асығыслық пенен патшаға келди де: – Маған тап ҳәзир Шомылдырыўшы Яқыяның басын алдырып, табаққа салып бериўиңизди қәлеймен, – деди. 26 Патша буған қатты қыйналса да, ѳзи ант ишкенликтен ҳәм қонақлары себепли, қыздың тилегине қарсы тура алмады. 27 Сонлықтан патша сол ўақытта-ақ жәлладын жиберип, Яқыяның басын әкелиўди буйырды. Жәллад барып, қамақта Яқыяның басын кести де, 28 табаққа салып, қызға әкелип берди, ал қыз оны анасына берди. 29 Буны еситкен Яқыяның шәкиртлери келип, оның денесин алып кетти де, қәбирге қойды. 30 Елшилер Ийсаның қасына қайтып келип, Оған барлығын: қандай ислер ислегенин ҳәм нелерди үйреткенин айтып берди. 31 Ийса оларға: – Келиңлер, аўлақ жерге барайық, ол жерде сизлер бираз дем аласызлар, – деди. Ѳйткени келип-кетиўшилер кѳп болғанлықтан, олардың аўқатланыўға да ўақты жоқ еди. 32 Сонлықтан да олар қайыққа минип, жалғыз ѳзлери елсиз жерге кетти. 33 Бирақ кѳп адамлар олардың кетип баратырғанын кѳрди. Оларды танығанлықтан, барлық қалалардан шықты да, жаға бойлап жуўырысып, олардан бурын жетип келди. 34 Ийса қайықтан түскенде соншама халықты кѳрип, оларға жаны ашыды. Себеби олар шопансыз қойларға уқсайтуғын еди. Сонлықтан Ийса оларға кѳп нәрселерди үйрете баслады. 35 Кеш болғанда, Оның шәкиртлери қасына келип: – Бул – бир елсиз жер, күн де кеш болды. 36 Оларды тарқатып жибер, әтираптағы аўыл-елатларға барып, ѳзлерине азық сатып алсын, – деди. 37 Ийса оларға жуўап берип: – Оларға сизлер аўқат бериңлер! – дегенде, олар: – Расында да, еки жүз динарға нан сатып алып, халыққа жегизейик пе? – деди. 38 Ийса оларға: – Ќанша наныңыз бар? Барып кѳриңлер, – деди. Олар билип келип: – Бес нан, еки балық бар екен, – дести. 39 Сонда Ийса шәкиртлерине халықты топ-топқа бѳлип, жасыл шѳптиң үстине отырғызыўды буйырды. 40 Халық жүзден, елиўден топарға бѳлинип отырды. 41 Ийса бес нан менен еки балықты алып, аспанға қарап Ќудайға шүкирлик етти. Нанларды сындырып, халыққа тарқатыў ушын шәкиртлерине берди ҳәм еки балықты да барлығына үлестирди. 42 Олардың ҳәммеси жеп тойды. 43 Аўысқан нан бѳлеклерин ҳәм балықларды жыйнап, үлкен он еки себет толтырды. 44 Нан жеген ер адам бес мыңға шамалас еди. 45 Буннан соң, дәрҳал Ийса шәкиртлерине қайыққа миниўди ҳәм Ѳзинен бурын арғы жағадағы Бетсайдаға кетиўди буйырды. Ал Ѳзи халықты тарқатып жиберди. 46 Оларды жибергеннен соң, дуўа етиў ушын таўға шықты. 47 Кеш болғанда қайық теңиздиң ортасында болып, ал Ийсаның жалғыз Ѳзи жағада еди. 48 Самал қарсы есип турғанлықтан, Ийса шәкиртлериниң есиўге қыйналып атырғанын кѳрди. Таңғы тѳртлер шамасы Ийса теңиздиң үсти менен шәкиртлерине қарай жүрип, олардың қасынан ѳтейин деп те қалды. 49 Шәкиртлери теңиздиң үсти менен киятырған Оны кѳргенде әрўақ деп ойлап, бақырысып жиберди. 50 Ѳйткени ҳәммеси Оны кѳрип, қорқып қалысқан еди. Бирақ Ийса оларға дәрриў: – Жигерлениңлер! Бул Мен-ғо, қорқпаңлар! – деди. 51 Сонда Ийса олардың қайығына миниўден, самал тоқтады. Олар қатты таң қалысты. 52 Себеби олар нан менен болған кәраматты түсинбеген еди: кеўиллери соқыр еди. 53 Ийса ҳәм Оның шәкиртлери теңиздиң арғы жағасына ѳтип, Генесарет жерине келип тоқтады да, қайықты байлап қойды. 54 Олар қайықтан түскенде, адамлар Ийсаны дәрриў танып, 55 пүткил дѳгерекке жуўырысты. Оның қай жерде екенлигин еситиўден, Оған аўырыў адамларды тѳсеклери менен әкеле баслады. 56 Ол қай жерге келмесин: аўылларға ма, қалаларға ма, елатларға ма, адамлар аўырыўларды базар майданларына алып келди. Олар Ийсадан ҳеш болмаса кийиминиң шетине ғана қол тийгизиўге рухсат сорады. Ќол тийгизгенлердиң ҳәммеси шыпа тапты.
1 Ийсаның қасына Ерусалимнен келген парисейлер ҳәм айырым диний муғаллимлер жыйналды. 2 Олар Ийсаның шәкиртлериниң айырымлары ҳарам, яғный үрп-әдет бойынша жуўылмаған қоллары менен аўқат жегенин кѳрди. 3 Ѳйткени парисейлер ҳәм барлық яҳудийлер ата-бабаларынан қалған үрп-әдетлерин сақлап, қолларын жақсылап жуўмай турып аўқат жемейтуғын 4 ҳәм және де, базардан келип, жуўынбағанша аўқатланбайтуғын еди. Олар басқа да кѳп дәстүрлерди сақлаўды үрдис еткен. Мысалы: кесе, гүзе, мыс қазанларды жуўады. 5 Сонлықтан парисейлер менен диний муғаллимлер Ийсадан: – Неге Сениң шәкиртлериң ата-бабалардан қалған үрп-әдетлерди орынламай, ҳарам қоллары менен аўқат жейди? – деп сорады. 6 Ийса оларға: – Сизлер, еки жүзлилер туўралы Ийшая пайғамбар мынадай деп дурыс болжаған: «Бул халық сыйлар Мени тили менен, Ал кеўиллери тур Меннен алыс. 7 Олар Маған босқа сыйынып, Адам ойлап тапқан парызларды үйретер». 8 Сизлер Ќудайдың буйрығын таслап, адамлардың дәстүрлерин орынлап жүрсизлер, – деди. 9 Ийса оларға және: – Сизлер ѳз дәстүрлериңизди сақлаў ушын, Ќудайдың буйрығын бийкарлаўды ақылға муўапық деп есаплайсызлар. 10 Муўса: «Ата-анаңды ҳүрметле, ким де ким ата-анасына жаман сѳз айтса, ѳлтирилсин», – деген. 11 Бирақ сизлер: «Ким де ким әкесине ямаса анасына: „Саған беретуғынымды Ќудайға қурбан (Ќудайға арналған сый) еттим“, десе, 12 сол адам ата-анасына ҳеш жәрдем бермесе де болады», – дейсизлер. 13 Солай етип, сизлер ѳз үрп-әдетлериңиз бенен Ќудайдың сѳзин бийкар етип, басқа да усы сыяқлы кѳп ислерди ислейсизлер, – деди. 14 Ийса халықты және Ѳзине шақырып алып былай деди: – Мени ҳәммеңиз тыңлап, түсинип алыңлар. 15 Адамның ишине сырттан киретуғын ҳеш нәрсе оны ҳарамлай алмайды, ал адамды оның ишинен шығатуғын нәрсе ҳарамлайды. 17 Ол халықтың қасынан кетип, үйге киргенде, шәкиртлери сол тымсал ҳаққында сорады. 18 Ийса оларға: – Еле сизлер де түсинбедиңлер ме? Адамның ишине сырттан киретуғын ҳеш нәрсе оны ҳарамлай алмайтуғынын түсинбейсизлер ме? 19 Себеби ол оның кеўлине емес, ал қарынына барып, соңынан сыртқа шығады, – деди. Солай етип, Ийса ҳәр қандай азық-аўқаттың ҳадал екенин айтты. 20 Ол және: – Адамды оның ишинен шыққан нәрселер ҳарамлайды. 21 Ѳйткени иштен, адамның кеўлинен жаман ойлар, бузықшылық, урлық ислеў, адам ѳлтириў, 22 неке ҳадаллығын бузыў, нәпсиқаўлық, жаўызлық, алдаў, азғынлық, күншиллик, масқаралаў, менменлик, ақылсызлық шығады. 23 Бул жаманлықлардың барлығы адамның ишинен шығып, оны ҳарамлайды, – деди. 24 Ийса сол жерден шығып, Тир үлкесине келди. Ол бир үйге кирди ҳәм буны ҳеш кимниң билгенин қәлемеди, бирақ жасырына алмады. 25 Кишкене қызы жаўыз руўхқа шалынған бир ҳаял Ийса ҳаққында еситип, дәрҳал Оған келди де, аяғына жығылды. 26 Бул – Сирофиникия елинде туўылған грек ҳаялы еди. Ол Ийсадан қызындағы жинди қуўып шығарыўды ѳтинди. 27 Ал Ийса оған: – Биринши балаларды тойдырыў керек, балалардың нанын алып, ийтлерге таслаў дурыс емес, – деди. 28 Ҳаял жуўап берип: – Дурыс, Ийем. Бирақ ийтлер де дастурханнан түскен балалардың нанының усақларын жейди-ғо, – деди. 29 Ийса оған: – Усы жуўабың ушын үйиңе қайта бер, қызыңнан жин шығып кетти, – деди. 30 Ҳаял үйине келгенде, қызының тѳсекте жатырғанын ҳәм оннан жинниң шығып кеткенин кѳрди. 31 Ийса Тир үлкесинен шығып, Сидон арқалы Декаполистиң үсти менен Галила теңизине қайтып келди. 32 Сол жерде адамлар Оған ҳәм герең, ҳәм сақаў болған адамды алып келип, оның үстине қолын қойыўын ѳтинди. 33 Ийса оны шетирек шығарып, қулақларына бармақларын тықты да, түкирип, қолын оның тилине тийгизди. 34 Аспанға қарап гүрсинди де, оған: – Еффата! – деди. Бул «ашыл» дегенди билдиреди. 35 Сол ўақытта-ақ адамның қулақлары ашылды ҳәм ол тилге кирип, дурыс сѳйлей баслады. 36 Ийса адамларға бул ҳаққында ҳеш кимге айтпаўды буйырды. Бирақ Ол оларға қанша тыйым салса да, олар және де кѳбирек жая берди. 37 Адамлар қатты таң қалысып: – Ол ҳәммесин жақсы ислейди: гереңлерди еситетуғын, гүңелеклерди сѳйлейтуғын қылады, – дести.
1 Сол күнлери кѳп халық жыйналды. Олардың жейтуғын ҳеш нәрсеси болмағанлықтан, Ийса шәкиртлерин қасына шақырып алып: 2 – Халыққа жаным ашып тур. Олар үш күннен бери Мениң қасымда болып, жейтуғын ҳеш нәрсеси жоқ. 3 Егер оларды аш ҳалында үйлерине жиберсем, жолда ҳәлсиреп қалады. Және де, олардың гейбиреўлери узақтан келген-ғо, – деди. 4 Шәкиртлери Оған жуўап берип: – Ким усындай бир елсиз жерде соншелли адамды тойдырыў ушын нан таба алады? – деди. 5 Ийса олардан: – Неше наныңыз бар? – деп сорады. Олар: – Жетеў, – деп жуўап берди. 6 Сонда Ийса халыққа жерге отырыўды буйырды. Жети нанды алып, Ќудайға шүкирлик етти ҳәм тарқатыў ушын, шәкиртлерине сындырып берди. Шәкиртлери халыққа тарқатты. 7 Оларда және бир неше киши балық та бар еди. Ийса Ќудайға шүкирлик етип, оларды да тарқатыўды буйырды. 8 Халық жеп тойды ҳәм аўысып қалған бѳлеклерди жыйнап, жети себет толтырды. 9 Ол жерде тѳрт мыңға шамалас адам бар еди. Ийса адамларды тарқатып жиберди 10 ҳәм шәкиртлери менен дәрриў қайыққа минип, Далманута үлкесине кетти. 11 Парисейлер Ийсаға келип, Оның менен тартыса баслады ҳәм Оны сынап кѳриў ушын, аспаннан кәраматлы белги кѳрсетиўин талап етти. 12 Ийса аўыр гүрсинип: – Неге бул әўлад кәраматлы белги талап етип атыр? Шынын айтып турман: бул әўладқа ҳеш қандай кәраматлы белги кѳрсетилмейди, – деди. 13 Соңынан оларды қалдырып, және қайыққа минди де, арғы жағаға кетти. 14 Шәкиртлери ѳзлери менен бирге нан алыўды умытып кетип, қайықта тек ғана бир нан бар еди. 15 Ийса оларды ескертип: – Абайлаңлар, парисейлердиң ҳәм Ҳиродтың ашытқысынан сақ болыңлар! – деди. 16 Олар: – Нанымыз жоқ болғанлықтан усылай деди, – деп, ѳз ара сѳйлесе баслады. 17 Ийса буны билип, олардан: – Неге сизлер наныңыздың жоқлығын айтысып турсызлар? Елеге дейин кѳрмей ҳәм түсинбей турсызлар ма? Елеге дейин кеўиллериңиз соқыр ма? 18 Неге кѳзлериңиз бола тура кѳрмейсизлер, қулақларыңыз бола тура еситпейсизлер? Еслериңизде жоқ па? 19 Мен бес нанды бес мың адамға сындырып бергенимде, аўысқан бѳлеклерди жыйнап неше себет толтырдыңлар? – деп сорады. – Он еки, – деп жуўап берди олар. 20 Ийса және: – Мен жети нанды сындырып, тѳрт мың адамға бѳлистиргенимде, аўысқан бѳлеклерди жыйнап неше себет толтырдыңлар? – деп сорады. – Жети, – деп жуўап берди олар. 21 Ийса оларға: – Сонда еле де түсинбедиңлер ме? – деди. 22 Ийса шәкиртлери менен Бетсайдаға келгенде, адамлар Ийсаға бир соқыр адамды әкелип, оған қолын тийгизиўин ѳтинди. 23 Ийса соқыр адамның қолынан услап, оны аўылдың сыртына алып шықты. Оның кѳзлерине түкирип, оның үстине қолларын қойды да: – Бир нәрсе кѳрип турсаң ба? – деп сорады. 24 Ол қарап: – Адамларды кѳрип турман. Олар жүрип баратырған тереклерге уқсайды, – деди. 25 Сонда Ийса оның кѳзлерине және қолларын қойғанда, ол тигилип қарады да, шыпа таўып, ҳәммесин анық кѳре баслады. 26 Ийса оны үйине жиберип, оған: – Аўылға барма! – деди. 27 Ийса Ѳз шәкиртлери менен Филип Кесариясындағы аўылларға кетти. Жол бойы шәкиртлеринен: – Мени адамлар ким деп санайды? – деп сорады. 28 Олар жуўап берип: – Биреўлер Шомылдырыўшы Яқыя, екиншилер Илияс, тағы басқалар пайғамбарлардың бири деседи, – деди. 29 Ийса олардан: – Ал сизлер Мени ким деп санайсызлар? – деп сорады. Петр жуўап берип: – Сен – Масихсаң, – деди. 30 Сонда Ийса оларға Ѳзи ҳаққында ҳеш кимге айтпаўды ескертти. 31 Ийса Адам Улының кѳп азап шегип, ақсақаллар, бас руўханийлер ҳәм диний муғаллимлер тәрепинен қабыл алынбай ѳлтирилетуғынын ҳәм үшинши күни қайта тирилиўи тийис екенлигин оларға үйрете баслады. 32 Ол бул ҳаққында ашық-айдын айтты. Бирақ Петр Оны шетке шақырып алып, қарсы сѳйлей баслады. 33 Ийса бурылып, Ѳзиниң басқа шәкиртлерине қарады да, Петрге қатаң жуўап берип: – Жоқ бол кѳзимнен, шайтан! Сен Ќудайдың емес, ал адамның ислерин ойлап турсаң, – деди. 34 Соңынан Ийса шәкиртлери менен халықты Ѳзине шақырып алып: – Ким де ким Маған ергиси келсе, ѳзинен кешсин ҳәм ѳз атанақ ағашын арқалап, Мениң изиме ерсин. 35 Себеби ким де ким ѳз жанын сақламақшы болса, оны жоғалтады. Ал ким де ким ѳз жанын Мен ҳәм Хош Хабар ушын жоғалтса, оны сақлап қалады. 36 Адам пүткил дүньяны ийелеп алып, бирақ ѳз жанын жоғалтса, буннан оған не пайда? 37 Ол ѳз жаны ушын қандай тѳлем бере алады? 38 Егер ким де ким усы опасыз ҳәм гүнакар әўладта Меннен ҳәм Мениң сѳзлеримнен арланса, Адам Улы да Єкесиниң салтанатында Ѳзиниң мухаддес периштелери менен келгенде, оннан арланады, – деди.
1 Ийса оларға және: – Сизлерге шынын айтып турман: бул жерде турғанлардың гейбиреўлери Ќудай Патшалығының Ѳз қүдирети менен келгенин кѳрмегенше, ѳлмейди, – деди. 2 Арадан алты күн ѳткеннен соң, Ийса тек Петр, Яқып ҳәм Юханды алып, бәлент бир таўға шықты. Сонда олардың алдында Ийсаның түр-түси ѳзгерди. 3 Оның кийими жарқырап кетип, қардай аппақ түске енди. Жер жүзинде ҳеш бир кир жуўыўшы бундай қылып ағарта алмас еди. 4 Сонда оларға Илияс ҳәм Муўса пайғамбарлар кѳринип, Ийса менен сѳйлесип турды. 5 Петр Ийсаға: – Устаз, бизлердиң бул жерде болғанымыз қандай жақсы! Бизлер үш қос қурайық: биреўин Саған, биреўин Муўсаға, биреўин Илиясқа, – деди. 6 Петр бул сѳзлерди не айтарын билмегенликтен айтты, ѳйткени шәкиртлер қатты қорқысып қалған еди. 7 Сол ўақытта бир булт пайда болып, оларды қаплады. Булттан: – Бул – Мениң сүйикли Улым! Оның айтқанын тыңлаңлар! – деген саза еситилди. 8 Шәкиртлери бирден жән-жағына қарағанда, ѳзлериниң қасында Ийсадан басқа ҳеш кимди кѳрмеди. 9 Таўдан тѳмен түсип баратырғанда, Ийса оларға: – Адам Улы ѳлимнен қайта тирилгенше, бул кѳргенлериңизди ҳеш кимге айтпаңлар, – деп буйырды. 10 Олар бул ўақыяны сыр сақлап, «ѳлимнен қайта тирилиў» дегенниң не екенлиги ҳаққында бир-биринен сорайтуғын еди. 11 Шәкиртлери Ийсадан: – Неге диний муғаллимлер алды менен Илияс келиўи шәрт дейди? – деп сорады. 12 Ийса оларға жуўап берип: – Дурыс, алды менен Илияс келип, ҳәммесин дүзетеди. Бирақ неге Адам Улы кѳп азап шегип, қабылланбаўы шәрт, деп жазылған? 13 Сизлерге айтатуғыным: Илияс келген еди. Бирақ ол ҳаққында жазылғандай, адамлар оған қәлегенин ислеп, жаман қатнаста болды, – деди. 14 Олар басқа шәкиртлерине қайтып келгенде, шәкиртлерди қоршаған кѳп халықты ҳәм олар менен тартысып турған диний муғаллимлерди кѳрди. 15 Пүткил халық Ийсаны кѳриўден таң қалысты ҳәм жуўырысып келип, Оған сәлем берди. 16 Ийса олардан: – Олар менен не ҳаққында тартысып турсызлар? – деп сорады. 17 Халық арасынан бир адам Оған жуўап берип: – Устаз! Мен Саған тилсиз руўх урғанлықтан гүңелек болып қалған баламды алып келдим. 18 Баламды руўх тутқанда, жерге жығады. Оның аўзында кѳбик пайда болады ҳәм ол тислерин қайрап, қатып қалады. Мен Сениң шәкиртлериңнен руўхты қуўып шығарыўын ѳтинген едим, бирақ олардың қолларынан келмеди, – деди. 19 Сонда Ийса оларға: – Ҳәй, исенбейтуғын әўлад! Мен қашанға дейин сизлер менен бирге боламан? Ќашанға дейин сизлерге шыдайман? Баланы Маған алып келиңлер, – деди. 20 Олар баланы Ийсаға алып келди. Ийсаны кѳриўден, руўх баланы дәрриў қалтыратты. Бала жерге жығылды да, аўзынан кѳбик шығып, аўнап жатты. 21 Сонда Ийса баланың әкесинен: – Бундай болғанына қанша ўақыт болды? – деп сорады. Єкеси: – Кишкене бала ўақтынан усындай. 22 Руўх оны ѳлтирмекши болып, неше мәрте отқа да, суўға да таслады. Егер қолыңнан келсе, бизлерди аяп, жәрдем ете гѳр, – деди. 23 Ийса оған: – Егер қолыңнан келсе, дейсең бе? Исенетуғын адамға ҳәмме нәрсе мүмкин, – деди. 24 Баланың әкеси дәрҳал жылап жиберип: – Мен исенемен: аз исенимимниң беккем болыўына жәрдем ет! – деп бақырды. 25 Халықтың жуўырып киятырғанын кѳргенде Ийса жаўыз руўхқа кейип: – Ҳәй, тилсиз ҳәм герең руўх! Буйыраман: оннан шығып кет ҳәм қайтып оған кириўши болма, – деди. 26 Сонда руўх шыңғырып, баланы қатты қалтыратты да, оннан шығып кетти. Бала ѳлидей болып жатырғанлықтан, адамлардың кѳбиси: – Ол ѳлип қалды, – дести. 27 Бирақ Ийса оны қолынан услап турғызғанда, ол орнынан турды. 28 Ийса үйге киргеннен кейин, шәкиртлери аўлақта Оннан: – Бизлер неге жаўыз руўхты қуўып шығара алмадық? – деп сорады. 29 Ийса оларға жуўап берип: – Жинлердиң бундай түрин тек дуўа етиў арқалы қуўып шығарыўға болады, – деди. 30 Сол жерден шығып, олар Галила арқалы ѳтти. Ийса буны ҳеш кимниң билмеўин қәледи. 31 Себеби Ол шәкиртлерине тәлим берип: – Адам Улы адамлардың қолына услап бериледи, олар Оны ѳлтиреди ҳәм ѳлтирилгеннен кейин, Ол үшинши күни қайта тириледи, – деди. 32 Бирақ шәкиртлери бул сѳзлердиң мәнисин түсинбеди, ал сорайын десе қорқты. 33 Олар Капарнаҳумға келди. Ийса үйде болғанда, шәкиртлеринен: – Жол бойы не ҳаққында тартыстыңлар? – деп сорады. 34 Бирақ олар үндемеди. Ѳйткени олар жол бойы арасында кимниң ең уллы екенлиги ҳаққында тартысқан еди. 35 Ийса отырып, он еки шәкиртин шақырып алды да, оларға: – Егер ким де ким биринши болғысы келсе, сол ең соңғы болып, ҳәммеге хызмет етиўи шәрт, – деди. 36 Соң кишкене бир баланы алып, олардың ортасына турғызды да, оны қушақлап: 37 – Ким де ким мынадай кишкене бир баланы Мениң атым ушын қабыл етсе, оның Мени қабыл еткени болады. Ал ким де ким Мени қабыл етсе, оның тек Мени емес, ал Мени Жибергенди қабыл еткени болады, – деди. 38 Юхан Ийсаға: – Устаз! Сениң атың менен жинлерди қуўып шығарып жүрген бир адамды кѳрдик. Бирақ ол бизлерге ерип жүрмегенликтен, оған тыйым салдық, – деди. 39 Ал Ийса былай деди: – Оған тыйым салмаңлар, себеби Мениң атым менен кәрамат кѳрсеткенниң ҳеш қайсысы да Мен туўралы жақын арада жаман сѳз айта алмайды. 40 Ѳйткени ким де ким бизлерге қарсы болмаса, ол бизлердиң тәрепдарымыз. 41 Сизлерге шынын айтып турман: ким де ким Масихқа тийисли болғаныңыз себепли, Мениң атым ушын сизлерге бир кесе суў ишкизсе, ол сыйсыз қалмайды. 42 – Және де, ким де ким Маған исенетуғын мына кишкенелердиң биреўин азғырса, оның мойнына үлкен дигирман тасы байланып теңизге тасланғаны оған жақсырақ болады. 43 Егер сени қолың азғырса, оны шаўып тасла. Еки қолың менен дозаққа, сѳнбес отқа барғаныңнан гѳре, шолақ болып мәңгилик ѳмирге ерискениң жақсырақ. 45 Егер сени аяғың азғырса, оны шаўып тасла. Еки аяғың менен дозаққа тасланғаныңнан гѳре, шолақ болып мәңгилик ѳмирге ерискениң жақсырақ. 47 Егер сени кѳзиң азғырса, оны ойып тасла. Еки кѳзиң менен дозаққа тасланғаныңнан гѳре, жалғыз кѳзиң менен Ќудайдың Патшалығына киргениң жақсырақ. 48 «Дозақта олардың қурты да ѳлмейди, оты да ѳшпейди». 49 Себеби ҳәр бир адам от пенен дузланады. 50 Дуз – жақсы нәрсе. Бирақ дуз ѳз күшин жойтса, оны қалай және шорлы қылыўға болады? Ѳзлериңизде дуз болып, бир-бириңиз бенен татыўлықта жасаңлар, – деди.
1 Ийса сол жерди қалдырып, Яҳудия үлкесине ҳәм Иорданның арғы тәрепине кетти. Оның жанына және кѳп халық жыйналған еди ҳәм Ол тағы әдеттегидей оларға тәлим берди. 2 Ийсаға айырым парисейлер келди ҳәм Оны сынап кѳрмекши болып: – Ер адамның ҳаялы менен ажырасыўы нызамға туўры келе ме? – деп сорады. 3 Ийса сораўға сораў менен жуўап берип: – Муўса сизлерге нени буйырған еди? – деди. 4 Олар: – Муўса ер адамның ҳаялына талақ хат жазып, ажырасыўына рухсат еткен, – деди. 5 Ийса оларға: – Сизлер тас баўыр болғанлықтан, ол усы буйрықты жазған еди. 6 «Бирақ жаратылыстың басында Ќудай адамларды еркек ҳәм ҳаял қылып жаратқан». 7 «Сонлықтан ер адам ата-анасын қалдырып, ѳз ҳаялына қосылады 8 ҳәм екеўи бир дене болады. Солай етип, олар енди еки емес, ал бир дене болады». 9 Сол себепли, Ќудай қосқанларды адам ажыратпасын, – деди. 10 Үйде болғанда, Оннан шәкиртлери және усылар ҳаққында сорады. 11 Ийса оларға: – Ким де ким ѳз ҳаялы менен ажырасып, басқа ҳаял алса, ол ҳаялына болған неке ҳадаллығын бузған болады. 12 Ҳаял да ѳз күйеўи менен ажырасып, басқа еркекке турмысқа шықса, ол да неке ҳадаллығын бузған болады, – деди. 13 Ќолын тийгизсин деп, адамлар Ийсаға балаларын алып келди. Ал шәкиртлери оларға кейиди. 14 Буны кѳргенде Ийса оларға ашыўланып: – Балалардың Маған келиўине рухсат бериңлер! Оларға тосқынлық жасамаңлар! Ѳйткени Ќудай Патшалығы усындайлардики. 15 Шынын айтып турман: – Ким де ким Ќудай Патшалығын бала сыяқлы қабыл етпесе, оған ҳеш кире алмайды, – деди. 16 Соңынан балаларды қушақлап, олардың үстине қолларын қойып, пәтиясын берди. 17 Ийса жолға шығып баратырғанда бир адам жуўырып келип, Оның алдында дизе бүкти де: – Ийгиликли Устаз! Мәңгилик ѳмирди алыўым ушын не ислеўим керек? – деп сорады. 18 Ийса оған: – Сен неге Мени ийгиликли деп атап атырсаң? Жалғыз Ќудайдан басқа ҳеш ким ийгиликли емес. 19 Оның буйрықларын ѳзиң билесең-ғо: «Адам ѳлтирме, неке ҳадаллығын бузба, урлық ислеме, жалған гүўалық берме, жалатайлық қылма, ата-анаңды ҳүрметле». 20 Ол Ийсаға: – Устаз! Мен булардың ҳәммесин бала ўақтымнан бери орынлап киятырман, – деди. 21 Ийса оған сүйиспеншилик пенен қарап: – Саған бир нәрсе жетиспейди. Барып барлық мал-мүлкиңди сатып, ақшасын жарлыларға бер, сонда сениң ғәзийнең аспанда болады. Соңынан келип, Мениң изиме ер, – деди. 22 Бирақ жигит бул сѳзлерди еситкенде түри ѳзгерип кетти. Ол қапа болып, кетип қалды. Себеби оның байлығы кѳп еди. 23 Ийса әтирапына қарап, шәкиртлерине: – Байлығы барларға Ќудай Патшалығына кириў қандай қыйын! – деди. 24 Шәкиртлери бул сѳзлерди еситип, таң қалысты. Бирақ Ийса оларға және: – Балаларым! Ќудай Патшалығына кириў қандай қыйын! 25 Бай адамның Ќудай Патшалығына кириўинен гѳре, түйеге ийнениң кѳзинен ѳтиў аңсатырақ, – деди. 26 Олар қатты таң қалысып, бир-бирине: – Олай болса, ким қутқарыла алады? – деди. 27 Ийса оларға қарап: – Бул адамлардың қолынан келмейди, бирақ Ќудайдың қолынан келеди. Ѳйткени Ќудай ушын мүмкин емес нәрсе жоқ, – деди. 28 Сонда Петр сѳз баслап, Оған: – Минекей, бизлер ҳәмме нәрсени таслап, Сениң изиңе ердик, – деди. 29 Ийса жуўап берип: – Шынын айтып турман: ким де ким Мен ҳәм Хош Хабар ушын я үйлерин, я аға-инилерин, я апа-қарындасларын, я ата-анасын, я балаларын, я жерлерин таслап шықса, 30 ол ҳәзир, бул дүньяда қуўдаланыўлар менен бирликте жүз есе артығы менен үйлерин де, аға-инилерин де, апа-қарындасларын да, аналарын да, балаларын да, жерлерин де алады ҳәм келешекте мәңгилик ѳмирге ийе болады. 31 Бирақ, бириншилердиң кѳбиси соңғылар, соңғылардың кѳбиси бириншилер болады, – деди. 32 Олар Ерусалимге кѳтерилетуғын жолда баратырғанда, Ийса шәкиртлериниң алдында жүрди. Шәкиртлери таң қалысты, ал ерип киятырғанлар қорқынышта еди. Ийса он еки шәкиртин және шақырып алды да, Ѳзине не болатуғыны ҳаққында оларға айта баслап, былай деди: 33 – Минекей, бизлер Ерусалимге қарай кѳтерилип баратырмыз. Сол жерде Адам Улы бас руўханийлер ҳәм диний муғаллимлердиң қолына услап бериледи. Олар Оны ѳлимге ҳүким етип, басқа миллет адамларына тапсырады. 34 Олар Оны масқаралап, Оған түкиреди ҳәм қамшылап сабап, ѳлтиреди. Ал үш күннен кейин, Ол қайта тириледи. 35 Сонда Зебедейдиң уллары Яқып ҳәм Юхан Ийсаға келип: – Устаз! Бизлер не сорасақ та, соны Сениң бизлер ушын орынлаўыңды қәлеймиз, – деди. 36 Ийса олардан: – Мениң сизлер ушын не ислеўимди қәлейсизлер? – деп сорады. 37 Олар: – Ѳзиңниң салтанатлы патшалығыңда биреўимизди оң жағыңа, екиншимизди сол жағыңа отырғыз, – дести. 38 Ийса: – Сизлер не сорап турғаныңызды билмейсизлер. Сизлер Мен ишетуғын азап кесесинен ише аласызлар ма? Мениң шомылдырылатуғынымдай, шомылдырыла аласызлар ма? – деди. 39 Олар: – Аўа, аламыз, – деп жуўап берди. Ийса оларға: – Мен ишетуғын азап кесесинен сизлер де ишесизлер, Мениң шомылдырылатуғынымдай, сизлер де шомылдырыласызлар. 40 Бирақ Мениң оң жағым ямаса сол жағыма отырғызыў Мениң еркимде емес. Бул орынлар кимлерге арналған болса, солар отырады, – деди. 41 Ќалған он шәкирт буны еситкенде, Яқып пенен Юханға ашыўланып қалды. 42 Сонда Ийса оларды қасына шақырып алып: – Басқа миллетлер арасында ҳүкимдарлары болып есапланғанлар халыққа зулымлық етип, басшылары үстемлик пенен басқаратуғынын сизлер билесизлер. 43 Бирақ, сизлердиң араңызда бундай болмасын. Араңызда ким уллы болғысы келсе, ол сизлерге хызметши болыўы шәрт. 44 Араңызда ким биринши болғысы келсе, ол ҳәммеге қул болыўы шәрт. 45 Себеби Адам Улы да Ѳзине хызмет еттириўге емес, ал Ѳзи хызмет етиўге ҳәм кѳплеген адамлардың қутқарылыўы ушын Ѳз жанын қурбан етиўге келди, – деди. 46 Олар Ерихоға келди. Ийса Ѳз шәкиртлери ҳәм кѳп халық пенен Ериходан шығып баратырғанда, жол бойында тиленшилик етип, Тимейдиң улы соқыр Бартимей отыр еди. 47 Ол Насыралы Ийсаның сол жерде екенин еситкенде: – Даўыттың Урпағы Ийса! Маған реҳим ете гѳр! – деп бақыра баслады. 48 Кѳп адамлар үнин шығармаўын айтып, оған кейиди. Бирақ ол оннан да бетер қатты бақырып: – Даўыттың Урпағы! Маған реҳим ете гѳр! – деди. 49 Ийса тоқтап: – Оны шақырың, – деди. Адамлар соқырды шақырып: – Жигерли бол, орныңнан тур! Ол сени шақырып атыр, – деди. 50 Ол шапанын шешти де, орнынан ушып турып, Ийсаға келди. 51 Ийса оннан: – Мениң сен ушын не ислеўимди қәлейсең? – деп сорады. Соқыр адам Оған: – Устаз! Кѳзлерим кѳретуғын болсын, – деди. 52 Ийса оған: – Бар, исенимиң сени қутқарды, – деди. Сол ўақытта-ақ соқырдың кѳзи қайтадан кѳретуғын болды ҳәм ол Ийсаның изине ерип, жолға түсти.
1 Олар Ерусалимге жақынлап, Зәйтүн таўының етегиндеги Бетфаге ҳәм Бетания деген аўылларға келгенде, Ийса шәкиртлериниң екеўин жумсап, 2 оларға былай деди: – Ќарсы алдыңыздағы аўылға барыңлар. Оған кириўден-ақ, еле ҳеш ким минбеген, байлаўлы турған бир гүррени табасызлар. Оны шешип, алып келиңлер. 3 Егер биреў сизлерден: «Неге бундай ислеп атырсызлар?» – деп сораса, сизлер: «Бул Ийемизге керек. Ол буны тез қайтарып жибереди», – деп жуўап бериңлер. 4 Олар барып, кѳшедеги дәрўаза қасында байланған гүррени тапты ҳәм оны шешип алды. 5 Сол жерде турған гейбиреўлер оларға: – Гүррени шешип алып не қылажақсызлар? – деп сорады. 6 Олар Ийсаның айтқанындай жуўап бергенде, адамлар оларға рухсат берди. 7 Гүррени Ийсаға алып келип, ѳзлериниң шапанларын оның үстине салғанда, Ийса минип алды. 8 Кѳп адамлар шапанларын жолға тѳсеп, ал гейбиреўлер даладағы тереклерден шақа кесип алып, жолға жайды. 9 Алдында ҳәм изде ерип киятырғанлар былай деп бақырысты: – «Ҳосанна! Ийемиздиң атынан Келиўши жарылқанған! 10 Бабамыз Даўыттың жақынлап киятырған патшалығы жарылқанған! Ең жоқарыда ҳосанна!» 11 Ийса Ерусалимге келип, Ибадатханаға кирди. Ол жерде ҳәмме нәрсени кѳзден кеширип болып, кеш болғанлықтан, он еки шәкирти менен Бетанияға кетти. 12 Келеси күни олар Бетаниядан шыққанда, Ийса аш болды. 13 Ол алыстан жапырақлары менен қапланған бир әнжир ағашын кѳрип, оннан бир нәрсе табылар ма екен деп, қасына барды. Бирақ жемис беретуғын ўақты болмағанлықтан, жапырақларынан басқа ҳеш нәрсе таппады. 14 Сонда Ол ағашқа: – Буннан былай, мәңгиге сениң мийўеңнен ҳеш ким жемесин! – деди. Буны шәкиртлери де еситти. 15 Олар Ерусалимге келгенде, Ийса Ибадатханаға кирип, ол жерден сатыўшылар менен алыўшыларды қуўып шығара баслады. Ақша алмастырыўшылардың столларын, кептер сатыўшылардың отырғышларын аўдарып таслады 16 ҳәм Ибадатхананың ҳәўлиси арқалы ҳеш кимге ҳеш нәрсе алып ѳтиўге рухсат етпеди. 17 Соңынан халыққа тәлим берип: – «Мениң үйим ҳәмме халықлар ушын, дуўа етиў үйи деп аталады», – деп жазылмаған ба? Ал сизлер оны қарақшылардың уясына айландырдыңлар, – деди. 18 Бас руўханийлер ҳәм диний муғаллимлер буны еситип, Оны жоқ қылыў жолын излестире баслады. Ѳйткени пүткил халық Ийсаның тәлимине таң қалысқанлықтан, олар Оннан қорқатуғын еди. 19 Кеш болғанда, Ийса шәкиртлери менен қаладан шығып кетти. 20 Олар ерте азанда ѳтип баратырып, әнжир ағашының тамырына дейин қуўрап қалғанын кѳрди. 21 Петр болған ўақыяны есине түсирип, Ийсаға: – Устаз! Ќара, Сен ғарғаған әнжир ағашы қуўрап қалыпты, – деди. 22 Ийса оларға жуўап берип: – Ќудайға исениңлер. 23 Сизлерге шынын айтып турман: егер ким де ким бул таўға: «Орныңнан кѳтерилип, теңизге қула», – десе ҳәм кеўлинде гүманланбай, айтқанының орынланатуғынына исенсе, оның айтқаны орынланады. 24 Сонлықтан да, сизлерге айтатуғыным: дуўа еткениңизде нени сорасаңлар да, алғаныңызға исениң, сонда ол сизлерге бериледи. 25 Дуўа етип турғаныңызда, биреўге ѳкпели болсаңыз, оны кешириң, сонда аспандағы Єкеңиз де сизлердиң гүналарыңызды кеширеди, – деди. 27 Олар және Ерусалимге келди. Ийса Ибадатхананың ҳәўлисинде айланып жүргенде, Оған бас руўханийлер, диний муғаллимлер ҳәм ақсақаллар келип, 28 Оннан: – Сен буларды қандай бийлик пенен ислеп жүрсең? Саған бул ислерди ислеўге ким бийлик берген? – деп сорады. 29 Ийса оларға жуўап берип: – Мен де сизлерге бир сораў берейин, жуўап бериңлер. Сонда Мен де буларды қандай бийлик пенен ислейтуғынымды айтаман. 30 Яқыяның шомылдырыўы аспаннан болды ма ямаса адамлардан ба? Жуўап бериңлер, – деди. 31 Олар ѳз ара ойласа баслады: «Егер „аспаннан“ десек, Ол: „Сонда неге оған исенбедиңлер“, дейди. 32 „Адамлардан“ дейик пе?» Бирақ ондай деўге халықтан қорқты, себеби ҳәмме Яқыяны ҳақыйқый пайғамбар деп санайтуғын еди. 33 Сонлықтан олар Ийсаға: – Билмеймиз, – деп жуўап берди. Ийса оларға: – Мен де сизлерге бул ислерди қандай бийлик пенен ислейтуғынымды айтпайман, – деди.
1 Ийса оларға тымсаллар менен сѳйлей баслады: – Бир адам жүзим бағын отырғызып, оны дийўал менен қоршапты ҳәм жүзимниң суўын сығыўға арналған шуқыр қазып, гүзет минарасын орнатыпты. Соңынан бағын дийханларға ижараға берип, ѳзи узақ жерге кетип қалыпты. 2 Терим мәўсими келгенде, ол бағдың жемисинен тийисли үлесин алыў ушын, дийханларға ѳзиниң бир хызметшисин жиберипти. 3 Бирақ олар хызметшини услап алып сабап, қуры қол қайтарыпты. 4 Ол және оларға басқа хызметшисин жибергенде, оның басын жарып, бийабырай қылыпты. 5 Сонда ол және басқа бир хызметшисин жибергенде, олар оны ѳлтирипти. Ол және де кѳп басқа хызметшилерин жибергенде, гейбиреўлерин сабап, гейбиреўлерин ѳлтирипти. 6 Енди бир ғана адам, оның сүйикли улы қалыпты. Ең ақырында ол: «Улымды ҳүрмет етер» деп, оларға ѳз улын жиберипти. 7 Бирақ дийханлар бир-бирине: «Бул – мийрасхор-ғо. Жүриңлер, оны ѳлтирейик, сонда мийрас мүлки бизлерге қалады», – десипти. 8 Солай етип, оны услап алып ѳлтирип, жүзим бағынан сыртқа шығарып таслапты. 9 Енди жүзим бағының ийеси не ислейди? Ол келип, дийханларды жоқ қылады да, жүзим бағын басқаларға береди. 10 Сизлер мына Мухаддес Жазыўды оқымағансызлар ма: «Ќурылысшылардың керексиз деп таслаған тасы, Үйдиң мүйешиниң тийкарғы тасы болды. 11 Ийемиз қылған бул ис, Кѳзимизге әжайып кѳринди!» 12 Олар бул тымсалдың ѳзлерине қарсы айтылғанын билип, Ийсаны қолға алыўға тырысты. Бирақ халықтан қорққанлықтан Оны қалдырып, кетип қалды. 13 Соңынан олар Ийсаны сѳзинен тутыў ушын, парисейлердиң ҳәм Ҳиродтың адамларының гейбиреўлерин Оған жиберди. 14 Олар Ийсаға келип: – Устаз! Бизлер Сениң дурыс адам екениңди ҳәм жағымпазлық етпейтуғыныңды билемиз. Ѳйткени Сен адамлардың бет-жүзине қарамай, Ќудайдың жолын дурыс үйретип отырсаң. Рим патшасы-Ќайсарға салық тѳлеў дурыс па ямаса надурыс па? Тѳлеўимиз керек пе ямаса керек емес пе? – деп сорады. 15 Бирақ Ийса олардың еки жүзлилигин билип: – Мени неге сынап атырсызлар? Маған бир динар әкелиңлер, кѳрейин, – деди. 16 Олар алып келгенде, Ол: – Бунда кимниң сүўрети бар ҳәм кимниң аты жазылған? – деп сорады. Олар: – Рим патшасы-Ќайсардың, – деди. 17 Сонда Ийса оларға жуўап берип: – Ќайсардың ҳақын Ќайсарға, Ќудайдың ҳақын Ќудайға бериңлер, – деди. Олар Оған таң қалысты. 18 Соңынан қайта тирилиў жоқ деўши саддукейлердиң бир нешеси Ийсаға келип: 19 – Устаз! Муўса бизлерге: «Егер биреўдиң ағасы баласыз ѳлип, ҳаялын қалдырса, иниси оның ҳаялын алып, ѳз ағасының урпағын даўам еттирсин», – деп жазып қалдырған. 20 Ағайинли жети жигит бар еди. Олардың бириншиси үйленип, изинде бала қалдырмай ѳлип кетти. 21 Сол ҳаялды екиншиси алып, ол да изинде бала қалдырмай ѳлип кетти. Үшиншисине де солай болды. 22 Жети ағайинлиниң ҳеш қайсысы да изинде бала қалдырмастан ѳлип кетти. Ең соңында ҳаялдың ѳзи де қайтыс болды. 23 Олар қайта тирилгенде, ҳаял қайсысының ҳаялы болады? Себеби ол жетеўине де ҳаял болған-ғо, – деп сорады. 24 Ийса оларға жуўап берип: – Сизлер Мухаддес Жазыўларды да, Ќудайдың қүдиретин де билмегенликтен алжасып турсызлар. 25 Ѳйткени адамлар ѳлимнен қайта тирилгенде үйленбейди де, турмысқа да шықпайды, ал аспандағы периштелер сыяқлы болады. 26 Ѳлгенлердиң қайта тирилиўи туўралы Муўсаның китабында, жанып турған пута ҳаққында аятта, Ќудайдың не айтқанын оқымағансызлар ма? Ќудай Муўсаға: «Мен – Ибрайымның Ќудайыман, Ысақтың Ќудайыман, Яқыптың Ќудайыман», – деген-ғо. 27 Ќудай ѳлилердиң емес, ал тирилердиң Ќудайы. Сизлер қатты алжасып турсызлар, – деди. 28 Диний муғаллимлердиң бири олардың тартысларын еситти. Ийсаның оларға жақсы жуўап бергенин кѳрип, Оннан: – Буйрықлардың ишинде ең баслысы қайсы? – деп сорады. 29 Ийса оған: – Ең баслы буйрық бул: «Тыңла, Израил! Ќудайымыз болған Ийемиз – жалғыз Ийемиз. 30 Ийең болған Ќудайыңды пүткил жүрегиң, пүткил жаның, пүткил ақыл-ойың ҳәм пүткил күшиң менен сүй». 31 Екиншиси мынадай: «Ѳзиңди сүйгениң сыяқлы, жаныңдағы адамды да сүй». Булардан уллы буйрық жоқ, – деди. 32 Диний муғаллим Оған: – Аўа, Устаз! «Ќудай – жалғыз, Оннан басқа қудай жоқ», – деп дурыс айттың. 33 Ќудайды пүткил кеўлиң, пүткил ақылың, пүткил күшиң менен сүйиў ҳәм ѳзиңди сүйгениң сыяқлы, жаныңдағы адамды да сүйиў – жағылған ҳәмме қурбанлықлардан ҳәм Ќудай жолына берилген садақалардан артық, – деди. 34 Ийса оның ақылға сай жуўап бергенин кѳрип: – Сен Ќудай Патшалығынан алыс емессең, – деди. Соннан соң, Оған сораў бериўге ҳеш кимниң батылы бармады. 35 Ийса Ибадатханада адамларға тәлим берип атырып: – Ќалайынша диний муғаллимлер Масихты Даўыттың Урпағы дейди? 36 Даўыттың ѳзи Мухаддес Руўхтан илҳамланып, былай деген-ғо: «Ийем мениң Ийеме айтты: „Душпанларыңды аяғыңның астына бастырмағанымша, Мениң оң жағымда отыр!“» 37 Даўыттың ѳзи Оны «Ийем» деп атаған болса, Ол қалайынша оның Урпағы болады? – деп сорады. Кѳп халық Оны қуўаныш пенен тыңлады. 38 Ийса тәлим берип: – Диний муғаллимлерден сақ болыңлар! Олар узын кийим кийип жүриўди, базар майданларында ѳзлерине сәлем берилиўин, 39 мәжилисханаларда сыйлы орында, зыяпатларда тѳрде отырыўды жақсы кѳреди. 40 Олар жесир ҳаяллардың үйлерин жалмап жутып, кѳзге кѳриниў ушын узын дуўа етеди. Бундай адамлар ең аўыр жаза алады, – деди. 41 Ийса Ибадатханадағы садақа қутысының қарсысында халықтың қутыға ақша салыўына қарап отырды. Байлардың кѳбиси кѳп ақша салды. 42 Сонда бир жарлы жесир ҳаял келип, еки тийин салды. 43 Ийса шәкиртлерин қасына шақырып алып: – Сизлерге шынын айтып турман: бул жарлы жесир ҳаял қутыға ақша салғанлардың ҳәммесинен кѳп салды. 44 Себеби олардың ҳәммеси ѳз байлықларынан аўысқанын салды. Ал бул ҳаял жарлы болса да, күн кѳрисине керекли барлық ақшасын салды, – деди.
1 Ийса Ибадатханадан шығып баратырғанда, шәкиртлериниң бири: – Устаз, қара, қандай әжайып таслар, қандай әжайып имаратлар! – деди. 2 Ийса оған: – Мына саўлатлы имаратларды кѳрип турсаң ба? Бул жерде тас үстинде тас қалмайды, ҳәммеси қыйратылады, – деди. 3 Соңынан Ийса Зәйтүн таўында, Ибадатхананың қарсы алдында отырғанда, Петр, Яқып, Юхан ҳәм Андрей аўлақта Оннан: 4 – Бизлерге айт, булар қашан болады ҳәм булардың ҳәммесиниң болатуғынын қандай белги билдиреди? – деп сорады. 5 Сонда Ийса оларға былай деп айта баслады: – Биреўлердиң сизлерди алдаўынан сақ болыңлар! 6 Ѳйткени кѳплер Мениң атым менен келип: «Мен – Масихпан» деп, кѳп адамларды алдайды. 7 Сизлер урыслардың шаўқымын ҳәм урыслар ҳаққында мыш-мышларды еситкенде қәўетерленбеңлер. Булардың болыўы шәрт, бирақ бул еле ақыры емес. 8 Себеби миллет миллетке қарсы, патшалық патшалыққа қарсы кѳтериледи. Кѳп жерлерде жер силкиниўлер ҳәм ашаршылықлар болады. Бул ўақыялар толғақ азабының басланыўындай болады. 9 Ѳзлериңизге сақ болыңлар! Ѳйткени сизлер ҳүким етилиўге услап берилесизлер ҳәм мәжилисханаларда таяқ жейсизлер. Және де, Мен себепли ҳәкимлер ҳәм патшалардың алдыларына апарылып, оларға гүўалық бересизлер. 10 Бирақ дәслеп Хош Хабар ҳәмме халықларға жәрияланыўы шәрт. 11 Сизлерди услап алып, ҳүким етиўге апаратырғанда, не айтыўды ойлап, алдын ала тынышсызланбаңлар. Сол ўақытта сизлерге не берилсе, соны айтыңлар. Себеби сизлер емес, ал Мухаддес Руўх сѳйлейди. 12 Туўысқаны туўысқанын, әкеси баласын ѳлимге услап береди. Балалары да ата-аналарына қарсы шығып, оларды ѳлтиртеди. 13 Мениң атым себепли, сизлерди ҳәмме жек кѳреди. Бирақ ақырына дейин шыдаған қутқарылады. 14 – Ўайран етиўши жеркенишлиниң турыўға болмайтуғын жерде турғанын кѳргениңизде (оқыған адам мәнисин түсинсин), Яҳудиядағылар таўларға қашсын! 15 Ким де ким үйиниң тѳбесинде болса, тѳменге түспесин ҳәм бир нәрсе алайын деп үйине кирмесин. 16 Ал ким де ким атызда болса, шапанын алыў ушын изине қайтпасын. 17 Сол күнлери жүкли ҳәм емизиўли ҳаялларға қандай қыйын болады! 18 Булардың қыс мәўсиминде болмаўы ушын дуўа етиңлер. 19 Ѳйткени сол күнлери Ќудай бул дүньяны жаратқаннан бери усы күнге дейин болмаған ҳәм қайтып болмайтуғын апат болады. 20 Егер Ийемиз сол күнлердиң санын қысқартпағанда, ҳеш ким аман қалмас еди. Бирақ Ол Ѳзиниң таңлап алғанлары ушын, сол күнлердиң санын қысқартты. 21 Сонда егер сизлерге биреў: «Ќараңлар, Масих бул жерде» ямаса: «Ќараңлар, Ол ана жерде» десе, исенбеңлер. 22 Себеби жалған масихлар ҳәм жалған пайғамбарлар пайда болып, егер мүмкин болса, таңлап алынғанларды алдаў ушын, кәраматлы белгилер ҳәм таң қаларлық ислерди кѳрсетеди. 23 Сонлықтан сақ болыңлар! Мен ҳәммесин сизлерге алдын ала айтып атырман. 24 – Бирақ сол күнлери, сол апаттан кейин, «күн қараңғыланады, ай ѳз жақтысын түсирмейди. 25 Жулдызлар аспаннан түсип, аспан күшлери силкинеди». 26 Сонда адамлар Адам Улының уллы қүдирет ҳәм салтанат пенен бултларда киятырғанын кѳреди. 27 Ол Ѳз периштелерин жиберип, дүньяның тѳрт тәрепинен, жердиң шетинен баслап аспанның шетине дейин, Ѳзиниң таңлап алғанларын жыйнап алады. 28 – Єнжир ағашын мысалға алыңлар: оның шақалары жумсарып, жапырақ шығара баслағанда, жаздың жақын екенин билесизлер. 29 Сол сыяқлы, усы ўақыялардың орынланып атырғанын кѳрсеңлер, Адам Улының жақынлап, есик алдында турғанын билиңлер. 30 Сизлерге шынын айтып турман: бул әўлад жоқ болып кетпестен бурын булардың ҳәммеси болады. 31 Аспан ҳәм жер жойылады, бирақ Мениң сѳзлерим ҳеш қашан жойылмайды. 32 – Сол күнди ямаса сол саатты ҳеш ким де билмейди: аспандағы периштелер де, Улдың Ѳзи де, тек ғана Єкем биледи. 33 Абайлаңлар ҳәм сергек болыңлар, ѳйткени сол ўақыттың қашан келетуғынын билмейсизлер. 34 Бул – бир адамның саяхатқа кетип баратырып, үйиндеги хызметшилерине басқарыўға бийлик бергени ҳәм ҳәр бирине ис тапсырып, дәрўаза қараўылына сергек болыўды буйырғаны сыяқлы. 35 Солай етип, сизлер де сергек болыңлар. Себеби үй ийесиниң кеште ме, ярым ақшамда ма, қораз шақырғанда ма, ерте азанда ма, қашан келетуғынын билмейсизлер. 36 Ол күтилмегенде келип, сизлердиң уйықлап атырғаныңызды кѳрмесин. 37 Сизлерге айтатуғынымды ҳәммеге айтаман: сергек болыңлар!
1 Ќутқарылыў ҳәм Ашытқысыз нан байрамына еки күн қалған еди. Бас руўханийлер ҳәм диний муғаллимлер Ийсаны ҳийле менен услап алып, ѳлтириўдиң жолын излестирди. 2 Бирақ олар: «Халық арасында қозғалаң болмаўы ушын, бул исти байрам күнлери ислемейик», – дести. 3 Ийса Бетанияда, бурын мақаў кесел болған Симонның үйинде, дастурхан басында отырғанда, мәрмер ыдыста сап нардтан исленген қымбат баҳалы әтир майы бар бир ҳаял келди. Ол ыдысты сындырды да, майды Ийсаның басына қуйды. 4 Гейбиреўлер ашыўланып, бир-бирине: – Бул май неге бийкарға ысырап етилди? 5 Оны үш жүз динардан да қымбатыраққа сатып, ақшасын жарлыларға үлестирип бериўге болар еди-ғо, – десип, ҳаялды айыплай баслады. 6 Бирақ Ийса: – Ҳаялды тынышына қойыңлар. Оны неге уялтып атырсызлар? Ол Маған жақсылық иследи-ғо. 7 Ѳйткени жарлылар сизлер менен бәрқулла бирге, оларға қәлеген ўақтыңызда жәрдем бере аласызлар. Бирақ Мен сизлер менен бәрқулла бирге болмайман. 8 Ол қолынан келгенин иследи. Мениң денеме алдын ала әтир май қуйып, оны жерлеўге таярлады. 9 Сизлерге шынын айтып турман: Хош Хабар дүньяның қай жеринде жәрияланса да, бул ҳаял еске алынып, оның ислеген иси айтылатуғын болады, – деди. 10 Соңынан он еки шәкирттиң бири болған Яҳуда Исқариот Ийсаны услап бериў ушын бас руўханийлерге барды. 11 Олар буны еситип, қуўанысып қалды ҳәм оған гүмис теңге бериўди ўәде етти. Яҳуда да Ийсаны услап бериўге қолайлы пайыт изледи. 12 Ашытқысыз нан байрамының биринши күни Ќутқарылыў байрамының қозысы шалынғанда, шәкиртлери Ийсаға: – Ќутқарылыў байрамының асын жеўиң ушын, бизлердиң қай жерге барып таярлық кѳриўимизди қәлейсең? – дести. 13 Ол шәкиртлериниң екеўин жиберип, оларға: – Ќалаға барыңлар, ол жерде сизлерге гүзе менен суў кѳтерип киятырған адам гезлескенде, оның изине ериңлер. 14 Ол кирген үйдиң ийесине: «Устазымыз: „Шәкиртлерим менен бирге байрам асын жейтуғын бѳлме қәне?“ – деп сорап атыр», деңлер. 15 Ол сизлерге тѳсеклер тѳселип таяр турған жоқарыдағы үлкен бѳлмени кѳрсетеди. Бизлерге сол жерде байрам асын таярлаңлар, – деди. 16 Шәкиртлери шығып, қалаға келди ҳәм Ийсаның айтқанларын таўып, байрам асын таярлады. 17 Кеш болғанда, Ийса он еки шәкирти менен бирге келди. 18 Олар аўқатланып отырғанда, Ийса: – Сизлерге шынын айтып турман: Мениң менен аўқатланып отырған араңыздағы бириңиз Маған сатқынлық ислейди, – деди. 19 Олар қапа болып, биринен соң бири Оннан: – Мен емеспен-ғо, я? – деп сорай баслады. 20 Ийса оларға жуўап берип: – Он еки шәкиртимниң бири, Мениң менен бир табаққа нанын малып атырған адам – сол. 21 Адам Улы Ѳзи ҳаққында жазылғандай баратыр, бирақ Адам Улына сатқынлық қылыўшы ҳәсирет шегеди! Ол адамның бул дүньяға келмегени ѳзи ушын жақсырақ болар еди, – деди. 22 Олар аўқатланып отырғанда, Ийса нан алып, Ќудайға шүкирлик етти. Оны сындырып, шәкиртлерине берди де: – Алыңлар, бул – Мениң денем, – деди. 23 Соң кесени алып, Ќудайға шүкирлик етти де, оларға берди. Оннан ҳәммеси ишти. 24 Оларға: – Бул – кѳп адамлар ушын тѳгилетуғын, Жаңа Келисимди бекитетуғын Мениң қаным. 25 Сизлерге шынын айтып турман: Ќудай Патшалығында жаңасын ишетуғын күниме дейин, жүзим ишимлигинен қайтып ишпеймен, – деди. 26 Соңынан олар Ќудайды жырлайтуғын қосық айтып, Зәйтүн таўына кетти. 27 Ийса оларға: – Сизлердиң ҳәммеңиз Мени таслап кетесизлер. Себеби былай деп жазылған: «Шопанды урғанымда, Ќойлар тарқап кетеди». 28 Бирақ қайта тирилгенимнен кейин, сизлерден бурын Галилаға бараман, – деди. 29 Петр Оған: – Сени ҳәммеси таслап кетсе де, мен таслап кетпеймен, – деди. 30 Сонда Ийса оған: – Саған шынын айтып турман: бүгин түнде қораз еки рет шақыраман дегенше, сен Меннен үш рет танасаң, – деди. 31 Бирақ Петр қызып кетип: – Маған Сениң менен бирге ѳлиўге туўра келсе де, Сеннен ҳеш қашан танбайман, – деди. Ќалғанларының ҳәммеси де солай деди. 32 Олар Гетсемани деп аталатуғын жерге келди. Ийса шәкиртлерине: – Мен дуўа етип боламан дегенше, сизлер усы жерде отырыңлар, – деди. 33 Ѳзи менен бирге Петр, Яқып ҳәм Юханды алып, қатты қәўетерленип, қыйнала баслады. 34 Оларға: – Жаным ѳлердей қыйналып тур. Сизлер усы жерде қалып, сергек болып турыңлар, – деди. 35 Шетирек шығып, жерге жығылды да, мүмкин болса бул сааттың Ѳзинен ѳтиўин сорап, дуўа ете баслады. 36 – Єке, Єкежаным! Саған ҳәммеси мүмкин. Бул азап кесесин Меннен ѳткизип жибер. Бирақ Мениң емес, Сениң қәлегениң болсын, – деди. 37 Ийса шәкиртлериниң қасына қайтып келип, олардың уйықлап атырғанын кѳрди де, Петрге: – Симон, уйықлап атырсаң ба? Уйықламай бир саат та отыра алмадың ба? 38 Азғырылмаўыңыз ушын сергек болып, дуўа етиңлер. Руўх қәлейди, бирақ дене ҳәлсиз, – деди. 39 Ол және барып, сол сѳзлерин айтып, дуўа етти. 40 Ќайтып келип, олардың және уйықлап атырғанын кѳрди. Ѳйткени кѳзлерин уйқы басқан еди. Олар Ийсаға не деп жуўап берерин билмеди. 41 Ийса үшинши рет қайтып келип, оларға: – Сизлер еле уйықлап, дем алып атырсызлар ма? Болды, ўақыт келди. Адам Улы гүнакарлардың қолына услап бериледи. 42 Турыңлар, кеттик. Ќараңлар, Маған сатқынлық қылыўшы жақынлады, – деди. 43 Тап сол ўақытта, Ийса еле сѳйлеп турғанда, он еки шәкиртиниң бири Яҳуда келди. Оның менен бирге бас руўханийлер, диний муғаллимлер ҳәм ақсақаллар жиберген бир топар адамлар бар еди. Адамлар қолына қылыш ҳәм шоқмар услаған еди. 44 Сатқынлық қылыўшы оларға белги берип: «Мен кимди сүйсем, Ол – Соның Ѳзи. Оны услап, абайлап алып кетиңлер», – деген еди. 45 Яҳуда келди де, дәрриў Ийсаға жақынласып, Оған: – Устаз! – деп, Оны сүйди. 46 Ал адамлар Ийсаға қол салып, услап алды. 47 Бирақ Ийсаның қасында турғанлардың биреўи қылышын суўырып алып, бас руўханийдиң қулының қулағын шаўып таслады. 48 Сонда Ийса оларға: – Мени услаў ушын, жынаятшыға қарсы шыққандай болып, қылыш ҳәм шоқмар алып келдиңлер ме? 49 Мен ҳәр күни сизлер менен Ибадатханада бирге болып, тәлим бергенимде, Мени усламадыңлар. Бирақ, Мухаддес Жазыўлар орынланыўы шәрт, – деди. 50 Сонда шәкиртлериниң ҳәммеси Оны таслап, қашып кетти. 51 Жалаңаш денесине таўар ораған бир жас жигит Оның изине ерип баратыр еди. Олар оны услап алғанда, 52 ол оранған таўарын таслап, жалаңаш қашып кетти. 53 Олар Ийсаны бас руўханийге апарды. Ол жерге ҳәмме бас руўханийлер, ақсақаллар ҳәм диний муғаллимлер жыйналды. 54 Петр Ийсаға бас руўханийдиң ҳәўлисиниң ишине дейин узақтан ерип келип, ҳәўлиде сақшылар менен бирге отқа жылынып отырды. 55 Бас руўханийлер ҳәм пүткил жоқарғы кеңес Ийсаны ѳлим жазасына ҳүким етиў ушын, Оған қарсы гүўалық изледи, бирақ таба алмады. 56 Себеби кѳп адамлар Оған қарсы жалған гүўалықлар берсе де, гүўалықлары бир-бирине сәйкес келмес еди. 57 Соңынан гейбиреўлер орнынан турып, Оған қарсы жалған гүўалық берип: 58 – Бизлер Оның: «Адам қолынан қурылған бул Ибадатхананы Мен бузып таслап, үш күнниң ишинде адам қолынан қурылмаған басқа Ибадатхана қураман», – дегенин еситтик, – деди. 59 Бирақ олардың гүўалығы да сәйкес келмеди. 60 Сонда бас руўханий ортаға шығып, Ийсадан: – Олар Саған қарсы гүўалық берип атыр-ғо. Сен неге ҳеш жуўап бермейсең? – деп сорады. 61 Бирақ Ийса үндемеди ҳәм ҳеш жуўап қайтармады. Бас руўханий Оннан және: – Алғыслының Улы – Масих Сенбисең? – деп сорады. 62 Ийса: – Аўа, Мен. Сизлер Адам Улының Ќүдиретли Ќудайдың оң жағында отырғанын ҳәм аспандағы бултларда киятырғанын кѳресизлер, – деди. 63 Сонда бас руўханий ѳз кийимлерин жыртып: – Енди бизлерге гүўалардың неге кереги бар? 64 Ќудайға тил тийгизгенин еситтиңлер-ғо. Сизлердиң қарарыңыз қандай? – деди. Олардың ҳәммеси Ийсаны ѳлим жазасына ҳүким етиўге қарар етти. 65 Гейбиреўлер Оған түкире баслады ҳәм бетин байлап, Оны мушлап урды да, Оған: – Ќәнекей, ўәлийлик ет, – дести. Сақшылар да Оны шапалақ пенен урды. 66 Петр ишки ҳәўлиде отырғанда, бас руўханийдиң шоры қызларынан бири келди. 67 Ол отқа жылынып отырған Петрди кѳрип, оған тигилип қарады да: – Сен де сол Насыралы Ийса менен бирге едиң-ғо, – деди. 68 Бирақ Петр танып: – Сениң не айтып турғаныңды билмеймен ҳәм түсинбеймен, – деди де, сыртқы ҳәўлиге шығып кетти. 69 Шоры қыз оны кѳрип, сол жердегилерге және: – Бул адам – солардың бири, – деп айта баслады. 70 Бирақ Петр және танды. Бираздан соң, сол жерде турғанлар Петрге: – Расында да, сен солардың бирисең, ѳйткени галилалысаң-ғо, – деди. 71 Ол: – Сизлер айтып турған бул Адамды мен танымайман, – деп ант ишип, ѳзин ѳзи ғарғай баслады. 72 Сол ўақытта-ақ қораз екинши рет шақырды. Петр Ийсаның ѳзине: «Ќораз еки рет шақыраман дегенше, сен Меннен үш рет танасаң», – деген сѳзи есине түсип, жылап жиберди.
1 Таң атыўдан бас руўханийлер, ақсақаллар, диний муғаллимлер ҳәм пүткил жоқарғы кеңес мәсләҳәтлесип алды да, Ийсаны байлап, римли ҳәким Пилатқа апарып тапсырды. 2 Пилат Оннан: – Сен Яҳудийлердиң Патшасымысаң? – деп сорады. Ийса оған: – Сол екенимди ѳзиң айттың, – деп жуўап берди. 3 Бас руўханийлер Оны кѳп нәрселерде айыплады. 4 Пилат және Ийсадан сорап: – Сен ҳеш жуўап бермейсең бе? Ќара, олар Саған қаншама айып тағып атыр, – деди. 5 Бирақ Ийса ҳеш жуўап бермегенликтен, Пилат ҳайран қалды. 6 Ҳәр Ќутқарылыў байрамында Пилат халық сораған бир тутқынды босатып беретуғын еди. 7 Сол ўақытта қамақта қозғалаң ўақтында ѳзиниң шериклери менен адам ѳлтирген Бараба деген бир адам бар еди. 8 Халық Пилатқа келип, әдеттегидей ислейтуғын исин олар ушын ислеп, бир тутқынды босатып бериўин сорай баслады. 9 Пилат олардан: – Яҳудийлердиң Патшасын босатып бериўимди қәлейсизлер ме? – деп сорады. 10 Себеби ол бас руўханийлердиң Ийсаны ѳзине күншиллик пенен услап бергенин билетуғын еди. 11 Бирақ бас руўханийлер халықты үгитлеп, Ийсаның орнына Барабаны босатып бериўди талап еттирди. 12 Пилат оларға және: – Олай болса, сизлер Яҳудийлердиң Патшасы деп атаған Адамға не ислейин? – деди. 13 Олар: – Оны атанақ ағашқа шегелет! – деп бақырысты. 14 Пилат олардан: – Ол қандай жаманлық иследи, ақыры? – деп сорады. Бирақ олар қаттырақ бақырысып: – Оны атанақ ағашқа шегелет! – деди. 15 Сонда Пилат халықты қанаатландырыў ушын Барабаны босатып берди. Ал Ийсаны қамшылатқаннан соң, атанақ ағашқа шегелеўге тапсырды. 16 Єскерлер Ийсаны ҳүкимет сарайының ишки ҳәўлисине алып барып, пүткил әскерлерди жыйнады. 17 Олар Ийсаға шым қызыл шапан кийгизди де, тикенли шыбықлардан таж ѳрип, басына салды. 18 Соңынан: – Жасасын, Яҳудийлердиң Патшасы! – деп бақырыса баслады. 19 Басына қамыс пенен урып, Оған түкирди де, алдында дизе бүгип, тәжим етти. 20 Масқаралап болғаннан соң, олар Ийсаның үстиндеги шым қызыл шапанды шешип алып, Оған Ѳз кийимин кийгизди де, атанақ ағашқа шегелеў ушын алып кетти. 21 Искендер ҳәм Руфустың әкеси, Симон деген киренели бир адам аўылдан киятырып, сол жерден ѳтип баратыр еди. Оны Ийсаның атанақ ағашын арқалап алып жүриўге мәжбүрледи. 22 Олар Ийсаны Голгота деп аталған, яғный «Бас сүйек орны» дегенди аңлататуғын жерге алып келди. 23 Оған мирра қосылған шарапты бергенде, Ол ишиўден бас тартты. 24 Ийсаны атанақ ағашқа шегелеп болғаннан соң, ким не алар екен деп шек тасласып, ѳз ара Оның кийимлерин бѳлисти. 25 Олар Ийсаны атанақ ағашқа шегелегенде, саат азанғы тоғыз еди. 26 Оның бас бетинде айыбын кѳрсететуғын: «ЯҲУДИЙЛЕРДИЊ ПАТШАСЫ» деген жазыў бар еди. 27 Ийса менен бирге еки қарақшыны да, биреўин оң, екиншисин сол тәрепине атанақ ағашқа шегеледи. 29 Ѳтип баратырғанлар басларын шайқады ҳәм Оның үстинен күлип: – Ҳәй, Ибадатхананы бузып, Оны үш күнниң ишинде қайта тиклейжақ болған, Сен! 30 Ѳзиңди Ѳзиң қутқарып, атанақ ағаштан түсип кѳрши! – деди. 31 Бас руўханийлер менен диний муғаллимлер де Оны мазақ қылып, бир-бирине: – Бул басқаларды қутқарып, Ѳзин Ѳзи қутқара алмайды! 32 Израилдың Патшасы Масих ҳәзир атанақ ағаштан түссин, сонда бизлер кѳрип, Оған исенемиз, – дести. Ийса менен бирге атанақ ағашқа шегеленгенлер де Оны мазақ етти. 33 Түски саат он екиден баслап, түстен кейин саат үшке дейин пүткил жерди қараңғылық қаплап турды. 34 Саат үште Ийса қатты даўыс пенен: – Елой, Елой! Лама сабахтани? – деп бақырды. Бул: «Ќудайым, Ќудайым! Неге Мени таслап кеттиң?» – дегенди аңлатады. 35 Сол жерде турғанлардың гейбиреўлери буны еситип: – Ќараңлар, Ол Илиясты шақырып атыр, – дести. 36 Сонда бир адам жуўырып барып, сорғышты сирке суўына сиңдирди ҳәм оны бир таяққа қадады да, Оған ишиўге берип: – Тоқтай турың! Илияс келип, Оны түсирип алар ма екен, кѳрейик! – деди. 37 Ал Ийса қатты бақырды да, жан тапсырды. 38 Сол ўақытта Ибадатхананың Мухаддесханасындағы перде жоқарыдан тѳменге дейин қақ айырылып, екиге бѳлинди. 39 Ийсаның қарсысында турған жүзбасы Оның усылай жан тапсырғанын кѳрип: – Ҳақыйқаттан да, бул Адам – Ќудайдың Улы екен, – деди. 40 Сол жерде узақтан қарап турған бир неше ҳаял бар еди. Олардың арасында: магдалалы Мәриям, кишкене Яқып пенен Иосестиң анасы Мәриям ҳәм Саломия болды. 41 Олар Ийсаға Галилада болған ўақтында ерип жүрип, Оған хызмет еткен еди. Ол жерде Ийса менен бирге Ерусалимге келген басқа кѳп ҳаяллар да бар еди. 42 Күн кеш болды. Бул күн таярлық күни, яғный шемби күнинен алдыңғы жума күни еди. 43 Сонда жоқарғы кеңестиң ҳүрметли ағзасы, Ќудайдың Патшалығын күтиўши ариматиялы Юсуп келди. Ол батыллық пенен Пилаттың алдына кирди де, Ийсаның денесин сорады. 44 Пилат Ийсаның әлле қашан ѳлгенине ҳайран қалып, жүзбасыны шақыртып алды да: – Ѳлгенине кѳп ўақыт болды ма? – деп сорады. 45 Жүзбасыдан билип алғаннан соң, ол денени Юсупке берди. 46 Юсуп кепинлик таўар сатып алды. Ол Ийсаның денесин атанақ ағаштан түсирип алып, кепин менен орады да, жартаста ойылған қәбирге қойып, қәбирдиң аўзына бир тасты домалатып қойды. 47 Магдалалы Мәриям менен Иосестиң анасы Мәриям Ийсаның қай жерге қойылғанын кѳрди.
1 Дем алыс күни ѳткеннен соң, магдалалы Мәриям, Яқыптың анасы Мәриям ҳәм Саломия Ийсаның денесине жағыў ушын хош ийисли май сатып алды. 2 Олар ҳәптениң биринши күни, яғный екшемби күни қуяш шығыўдан таң азанда қәбирге келди. 3 Ѳз ара: – Ќәбирдиң аўзындағы тасты бизлерге ким домалатып берер екен? – деп сѳйлести. 4 Бирақ басларын кѳтерип қарап, тастың домалатып тасланғанын кѳрди. Тас жүдә үлкен еди. 5 Ќәбирдиң ишине кирген олар оң тәрепте отырған ақ кийимли бир жас жигитти кѳрип, қорқып кетти. 6 Жигит оларға: – Ќорқпаңлар! Сизлер атанақ ағашқа шегеленген Насыралы Ийсаны излеп жүрсизлер-ғо. Ол қайта тирилди, Ол бул жерде жоқ. Мине, Оның қойылған жери. 7 Енди барып, Оның шәкиртлерине ҳәм Петрге: «Ол сизлерден бурын Галилада болады. Ѳзиниң айтқанындай, Оны сол жерде кѳресизлер», – деп айтыңлар, – деди. 8 Ҳаяллар қатты қорқысып ҳәм қалтырасып, қәбирден шығып қашып кетти. Ќорққанлықтан, ҳеш кимге ҳеш нәрсе айтпады. 9 Ийса ҳәптениң биринши күни, яғный екшемби күни ерте таңда қайта тирилип, биринши болып магдалалы Мәриямға кѳринди. Ийса бурын оннан жети жинди қуўып шығарған еди. 10 Мәриям барып, буны Ийса менен бирге болғанларға хабарлады. Олар жылап, қайғырып отырған еди. 11 Бирақ олар Ийсаның тири екенин ҳәм Мәриямның Оны кѳргенин еситсе де, исенбеди. 12 Соңынан Ийса аўылға баратырған олардың екеўине басқаша түрде кѳринди. 13 Олар қайтып келип, басқа шәкиртлерге хабарлағанда, оларға да исенбеди. 14 Соңынан Ийса аўқатланып отырған он бир шәкиртине кѳринип, оларды исенбеўшиликте ҳәм қайсарлықта айыплады. Ѳйткени олар Оның тирилгенин кѳргенлерге исенбеген еди. 15 Ийса оларға былай деди: – Пүткил дүнья бойлап жүриңлер ҳәм барлық адамларға Хош Хабарды жәриялаңлар. 16 Ким де ким исенип шомылдырылса, қутқарылады, ал ким де ким исенбесе, ҳүким етиледи. 17 Исенгенлер менен мынадай кәраматлы белгилер бирге болады: Мениң атым менен жинлерди қуўып шығарып, жаңа тиллерде сѳйлейди. 18 Ќоллары менен жыланларды услап алса да ҳәм уўлы зат ишсе де, оларға зыян келмейди. Аўырыўлардың үстилерине қолларын қойғанда, олар шыпа табады. 19 Ийемиз Ийса оларға усыларды айтып болғаннан соң, аспанға алынды ҳәм Ќудайдың оң тәрепине отырды. 20 Ал шәкиртлери барып, ҳәмме жерде Хош Хабарды жәриялап жүрди. Ийемиз олар менен бирге ислеп, Ѳз сѳзин кәраматлы белгилер арқалы тастыйықлайтуғын еди.
1 Арамызда болып ѳткен белгили ўақыяларды кѳплердиң әлле қашан баян етпекши болғаны бизлерге мәлим. 2 Олар бул ўақыяларға бастан-ақ гүўа болғанлардың ҳәм Хош Хабарды жәриялаўшылардың бизлерге жеткизген нәрселерин жазған еди. 3 - 4 Солай етип, ҳүрметли Теофил, ѳзиңизге үйретилген бул тәлийматтың ҳақыйқый екенин сиз де билиўиңиз ушын, мен де бастан-аяқ ҳәммесин муқыятлап үйренип шығып, барлық ўақыяларды избе-излик пенен сизге жазыўды мақул таптым. 5 Яҳудия елинде, патша Ҳирод заманында, Абия топарынан Зекерия атлы бир руўханий бар еди. Оның ҳаялы Харон әўладынан шыққан болып, аты Елизабета еди. 6 Олардың екеўи де Ќудай алдында ҳақ адамлар болып, Жаратқан Ийемиздиң барлық буйрық ҳәм қағыйдаларын булжытпай орынлап жасайтуғын еди. 7 Елизабета нәсилсиз болғанлықтан, олар бийперзент еди. Және екеўи де қартайған еди. 8 Күнлердиң биринде ѳз топарының гезеги келип, Зекерия Ќудай алдында руўханийлик хызметин атқарып турғанда, 9 руўханийлердиң әдети бойынша хош ийисли затларды түтетиў ушын, Жаратқан Ийемиздиң Ибадатханасындағы Мухаддесханаға кириў шеги оған түсти. 10 Хош ийисли затларды түтетиў ўақтында жыйналған халықтың ҳәммеси сыртта дуўа етип тур еди. 11 Сонда Жаратқан Ийемиздиң бир периштеси хош ийисли затлар түтетилетуғын орынның оң тәрепинде пайда болып, Зекерияға кѳринди. 12 Оны кѳрген Зекерия қорқып, албырап қалды. 13 Бирақ периште оған былай деди: – Ќорқпа, Зекерия! Сениң еткен дуўаң қабыл болды. Ҳаялың Елизабета саған ул туўып береди, оның атын Яқыя деп қоясаң. 14 Ол саған қуўаныш ҳәм шадлық алып келеди. Оның дүньяға келгенине кѳп адамлар қуўанады. 15 Себеби ол Ќудай нәзеринде уллы адам болып, ҳеш арақ-шарап ишпейди. Анасының қурсағында жатырғаннан баслап, Мухаддес Руўхқа толады. 16 Ол Израил перзентлериниң кѳбисин олардың Жаратқан Ийеси – Ќудайға қайтарады. 17 Єкелерди балалары менен жарастырып, бойсынбайтуғынларды ҳақ адамлардың даналық жолына түсирип, халықты Ийемиздиң келиўине таярлаў ушын, ол Илиястың руўхы ҳәм қүдирети менен Ийемиздиң алдында жүрип келеди. 18 Сонда Зекерия периштеге: – Булардың рас екенин мен қаяқтан билемен? Ѳйткени мен ғаррыман, ҳаялым да қартайған-ғо, – деди. 19 Периште оған жуўап берип: – Мен Ќудай алдында турыўшы Жабрайылман. Сениң менен сѳйлесип, саған усы хош хабарды жеткизиў ушын жиберилгенмен. 20 Бирақ, ўақты келгенде орынланатуғын сѳзлериме исенбегениң ушын, усылар әмелге аспағанша сѳйлей алмай, гүң болып қаласаң, – деди. 21 Сол ўақытта Зекерияны күтип турған халық оның Мухаддесханада иркилип атырғанына ҳайран болды. 22 Зекерия сыртқа шыққанда, халыққа сѳйлей алмай қалды. Сонда халық оның Мухаддесханада аян кѳргенин түсинди. Зекерия гүң болып қалып, халық пенен ымласып сѳйлести. 23 Ѳзиниң хызмет ететуғын күнлери тамам болғаннан кейин, Зекерия үйине қайтты. 24 Арадан күнлер ѳткеннен соң, оның ҳаялы Елизабета ҳәмледар болып, бес ай жасырынып жүрди. 25 «Жаратқан Ийем маған нәзер аўдарған күнлерде бул исти ислеп, адамлар алдындағы масқарашылықты меннен алып таслады», – деди ол. 26 Елизабетаның ҳәмледар болғанына алты ай толғанда, Ќудай Жабрайыл периштени Галила үлкесиниң Насыра деп аталатуғын қаласына, 27 Даўыт әўладынан шыққан Юсуп деген жигитке атастырылған бир қызға жиберди. Ќыздың аты Мәриям еди. 28 Периште үйге кирип, оған: – Сәлем саған, Ќудай жарылқаған! Жаратқан Ийемиз сениң менен бирге, – деди. 29 Мәриям периштениң сѳзлерине аң-таң болды ҳәм бул қандай сәлемлесиў болды екен деп, ойланып қалды. 30 Периште оған былай деди: – Ќорқпа, Мәриям, сен Ќудайдың мийримине еристиң! 31 Мине, сен ҳәмледар болып, Ул туўасаң ҳәм Оның атын Ийса деп қоясаң. 32 Ол уллы болып, Ќүдиретли Ќудайдың Улы деп аталады. Жаратқан Ийемиз – Ќудай Оған бабасы Даўыттың тахтын береди. 33 Ол Яқып халқының үстинен мәңгиге патшалық етеди ҳәм Оның патшалығының шеги болмайды. 34 Мәриям периштеден: – Мен ер адамға жақынламаған болсам, бул қалай болады? – деп сорады. 35 Периште оған жуўап берип: – Сениң үстиңе Мухаддес Руўх түседи ҳәм Ќүдиретли Ќудайдың күши саған саясын салады. Сонлықтан да, сеннен туўылажақ Мухаддес Бала – Ќудайдың Улы деп аталады. 36 Мине, нәсилсиз деп саналған сениң ағайин апаң Елизабета да қартайғанда ул балаға ҳәмледар болды. Оның ҳәмледар болғанына алты ай толды. 37 Себеби Ќудайдың қолынан келмейтуғын нәрсе жоқ, – деди. 38 Сонда Мәриям: – Мен – Жаратқан Ийемниң бендесимен, айтқаныңдай болсын, – деди. Соннан соң, периште оның жанынан кетти. 39 Сол күнлерде Мәриям жолға шығып, тезлик пенен таўлы Яҳудия елиндеги бир қалаға кетти. 40 Ол Зекерияның үйине кирип, Елизабетаға сәлем берди. 41 Елизабета Мәриямның сәлемин еситкенде, оның ишиндеги нәресте тыпырлап кетти. Елизабета Мухаддес Руўхқа толып, 42 даўыслап былай деди: – Ҳаяллар арасында сен жарылқанғансаң, сениң ишиңдеги Нәресте де жарылқанған! 43 Ийемниң анасы келетуғындай, мен киммен? 44 Мине, сениң сәлем берген даўысың қулағыма жеткенде, ишимдеги нәресте қуўаныштан тыпырлап қоя берди. 45 Исенген ҳаял қандай бахытлы! Ѳйткени Жаратқан Ийемниң оған айтқанлары орынланады. 46 Сонда Мәриям былай деди: «Жаным Жаратқан Ийемди алғыслар. 47 Ќутқарыўшым Ќудайға руўхым шадланар. 48 Себеби Ол Ѳзиниң арзымас бендесине нәзерин аўдарды. Енди мени барлық әўладлар „бахытлы“ деп атайды. 49 Ѳйткени Ќүдиретли Ќудай маған уллы ислер иследи. Оның аты мухаддес. 50 Ол әўладтан-әўладқа, Ѳзинен қорққанларға мийрим-шәпәәтин береди. 51 Ѳз қолы менен қүдиретин кѳрсетип, кеўиллеринде менмен ойлары бар адамларды пытыратты. 52 Ҳүкимдарларды тахттан түсирип, ғәрип-қәсерлерди жоқары кѳтерди. 53 Аш болғанларды ийгилик берип тойдырып, бай болғанларды қуры қол қайтарды. 54 - 55 Ата-бабамызға берген ўәдеси бойынша, Ибрайымға ҳәм оның урпағына мийрим-шәпәәт етиўди мәңги есте тутып, хызметшиси Израилға жәрдем етти». 56 Мәриям Елизабета менен үш айдай бирге болып, соңынан үйине қайтып кетти. 57 Елизабетаның босанатуғын ўақты келип, ол ул туўды. 58 Ќоңсылары менен ағайинлери Жаратқан Ийемиздиң оған үлкен мийрим-шәпәәт кѳрсеткенин еситип, оның қуўанышын бѳлисти. 59 Олар сегизинши күни баланы сүннетлеўге алып барды ҳәм оған Зекерия деп, әкесиниң атын қоймақшы болды. 60 Бирақ баланың анасы: – Яқ, оның аты Яқыя болсын, – деди. 61 Олар Елизабетаға: – Ағайин-туўғанларыңның арасында бундай ат ҳеш кимде жоқ-ғо, – деп, 62 әкесинен балаға қандай ат қоймақшы екенин ымлап сорады. 63 Зекерия жазыў тахтайшасын талап қылды да: «Оның аты Яқыя болсын», – деп жазды. Буған ҳәмме аң-таң болысты. 64 Сол ўақытта-ақ Зекерия тилге кирип, Ќудайды алғыслап сѳйлей баслады. 65 Єтирапында жасаўшыларды қорқыныш бийледи ҳәм пүткил таўлы Яҳудия ели бойлап усылар ҳаққында сѳз тарқады. 66 Еситкенлердиң ҳәммеси буны кеўиллеринде сақлап: «Бул нәресте ким болар екен?» – дейтуғын еди. Себеби Жаратқан Ийемиздиң қүдирети оның менен бирге еди. 67 Нәрестениң әкеси Зекерия Мухаддес Руўхқа толып, пайғамбаршылық етип былай деди: 68 «Израилдың Жаратқан Ийеси – Ќудай алғыслансын! Ѳйткени Ол келип, Ѳз халқы ушын тѳлем тѳлеп, оны қутқарды. 69 - 70 Ѳзиниң мухаддес пайғамбарлары арқалы әййемнен айтқанындай, Ол бизлер ушын Ѳз хызметшиси Даўыттың урпағынан шыққан қүдиретли Ќутқарыўшыны берди. 71 Ќудай бизлерди душпанларымыздан ҳәм бизлерди жек кѳриўшилердиң қолынан қутқарды. 72 Бизлердиң ата-бабаларымызға ўәде еткен мийримлилигин кѳрсетип, Ѳз мухаддес келисимин, 73 бабамыз Ибрайымға берген антын еске алды. 74 - 75 Ол бизлерди душпанларымыздың қолынан қутқарып, қорқпастан, ѳмир бойы Оның алдында мухаддес ҳәм ҳақ болып, Оған хызмет қылыўымызға мүмкиншилик берди. 76 Ал сен, балам, Ќүдиретли Ќудайдың пайғамбары деп аталасаң. Себеби сен Ийемиздиң алдынан жүрип, Оның жолын таярлайсаң. 77 Оның халқына гүналарының кеширилип, қутқарылатуғынын жәриялайсаң. 78 - 79 Ќараңғыда ҳәм ѳлим саясында жасап атырғанларға нур түсириў ушын ҳәм бизлерге тынышлыққа қарай жол кѳрсетиў ушын, Ќудайдың уллы мийрим-шәпәәти аспаннан таң болып атады». 80 Ал нәресте ѳсип, руўхый күшке толып барды ҳәм Израил халқының алдында кѳринетуғын күнге дейин шѳл далада жасады.
1 Сол күнлери Рим патшасы Август пүткил Рим патшалығының турғынлары дизимнен ѳтиўи тийис, деген пәрман шығарды. 2 Бул биринши дизимнен ѳтиў Кирини Сирияға ҳәкимлик қылған заманда болды. 3 Ҳәр бир адам дизимнен ѳтиў ушын ѳз қаласына барды. 4 Юсуп те Галиладағы Насыра қаласынан жолға шығып, Яҳудиядағы Бейтлеҳем деп аталған Даўыттың қаласына келди. Ѳйткени ол Даўыттың урпағынан еди. 5 Дизимнен ѳтиў ушын, оның менен бирге қалыңлығы болған ҳәмледар Мәриям да барды. 6 Олар сол жерде болғанда Мәриямның айы-күни толып, 7 туңғыш Улын туўды. Оны қундақлап, бир ақырға жатқызды, себеби мийманханада оларға орын жоқ еди. 8 Сол әтирапта шопанлар болып, олар түнде ѳз падасын далада қараўыллайтуғын еди. 9 Тосаттан олардың алдында Жаратқан Ийемиздиң бир периштеси пайда болып, Ийемиздиң салтанаты олардың әтирапын жарқыратып жиберди. Олар қатты қорқып кетти. 10 Периште оларға: – Ќорқпаңлар! Мен сизлерге ҳәмме адамларды шексиз қуўандыратуғын хош хабар жәриялайман. 11 Бүгин Даўыттың қаласында сизлер ушын Ќутқарыўшы туўылды. Ол – Ийемиз Масих. 12 Сизлер ушын оның белгиси мынадай: сизлер ақырда қундақлаўлы жатырған Нәрестени табасызлар, – деди. 13 Бирден периштениң қасында аспандағы периштелердиң үлкен топары пайда болды ҳәм былай деп Ќудайды алғыслады: 14 «Аспанда Ќудай алғыслансын, Ќудайға унайтуғын жердеги адамларға тынышлық болсын!» 15 Периштелер аспанға кѳтерилгеннен соң, шопанлар бир-бирине: – Жүриңлер, Бейтлеҳемге барайық. Жаратқан Ийемиз бизлерге билдирген, сол жүз берген ўақыяны кѳрейик, – дести. 16 Олар асығыслық пенен келип, Мәриям менен Юсупты ҳәм ақырда жатырған Нәрестени тапты. 17 Оны кѳрип, периштелерден Нәресте ҳаққында еситкенлерин айтып берди. 18 Буны еситкен адамлардың ҳәммеси шопанлардың сѳзлерине таң қалысты. 19 Ал Мәриям бул сѳзлерди жүрегинде сақлап, ойлап жүрди. 20 Шопанлар ѳзлерине айтылғанлардың ҳәммесин еситип-кѳргенлери ушын Ќудайды алғыслап, мақтаў айтып, қайтып кетти. 21 Арадан сегиз күн ѳтип, Нәрестени сүннет еткенде, Оның атын Ийса деп қойды. Мәриям ҳәмледар болмасынан бурын, периште Оған усы атты берген еди. 22 Муўсаның Нызамы бойынша тазаланыў күнлери тамам болғанда, Юсуп пенен Мәриям Ийсаны Жаратқан Ийемизге арнаў ушын, Оны Ерусалимге алып келди. 23 Ѳйткени Жаратқан Ийемиздиң Нызамында: «Туўылған ҳәр бир туңғыш ул Жаратқан Ийемизге арналсын», – деп жазылған. 24 Және Жаратқан Ийемиздиң Нызамында айтылғандай, олар «жуп қумыры ямаса кептердиң еки палапанын» қурбан етпекши болды. 25 Сол ўақытта Ерусалимде Шимон атлы бир адам бар еди. Ол ҳақ ҳәм диншил адам болып, Израилдың тәселле табыўын интизарлық пенен күтип жүр еди. Мухаддес Руўх оған яр еди. 26 Жаратқан Ийемиз жиберген Масихты кѳрмегенше ѳлмейтуғынын оған Мухаддес Руўх алдын ала айтқан еди. 27 Шимон Мухаддес Руўхтың басқарыўында Ибадатханаға келди. Ийсаның ата-анасы Мухаддес Нызам бойынша тийисли үрп-әдетлерди орынлаў ушын Оны Ибадатханаға алып келгенде, 28 Шимон Оны қолына алып, Ќудайды алғыслап былай деди: 29 «О, Ќүдиретли Ийем, Ѳзиң айтқаныңдай, енди қулыңды бул дүньядан тынышлық пенен жибересең. 30 - 31 Себеби кѳзлерим Сениң ҳәмме халықлар ушын таярлап қойған қутқарыўыңды кѳрди: 32 Ол басқа миллетлердиң кѳзин ашатуғын нур болып, Сениң халқың Израилға даңқ келтиреди». 33 Нәрестениң ата-анасы Ол туўралы айтылған сѳзлерге таң қалысты. 34 Шимон оларға пәтиясын берип, Оның анасы Мәриямға: – Мине, бул Нәресте Израилда кѳп адамлардың қулаўына ҳәм қайта тиклениўине себепши болады. Ол Ийемиздиң белгиси болып, Ол себепли кѳп талас-тартыслар келип шығады. 35 Сонда кѳп адамлардың жүреклериниң түпкириндеги ой-қыяллары әшкара болып, ал сениң кеўлиңе ҳәсирет қылышы суғылады, – деди. 36 Сол жерде Ашер урыўынан шыққан Пануелдиң қызы Анна атлы, жүдә қартайған бир пайғамбар ҳаял да бар еди. Ол турмысқа шыққаннан соң, күйеўи менен жети жыл жасады. 37 Соңынан сексен тѳрт жасына дейин жесир болып, Ибадатханадан шықпай ораза тутып ҳәм дуўа етип, күни-түни Ќудайға сыйынатуғын еди. 38 Сол ўақытта ол да жақынлап келип, Ќудайға шүкирлик билдирди ҳәм Ерусалимниң қутқарылыў күнин күткенлердиң ҳәммесине Нәресте ҳаққында айтып берди. 39 Юсуп пенен Мәриям Жаратқан Ийемиздиң Нызамы бойынша барлық тийисли нәрселерди орынлап болғаннан соң, Галиладағы ѳз қаласы Насыраға қайтып келди. 40 Нәресте ѳсип, күш пенен ақыл-даналыққа толысып барды ҳәм Ќудайдың мийрими Оның үстинде еди. 41 Ийсаның ата-анасы ҳәр жылы Ќутқарылыў байрамында Ерусалимге баратуғын еди. 42 Ийса он еки жасқа толғанда, олар әдеттегидей Ерусалимге байрамлаўға келди. 43 Байрам күнлери тамам болғаннан соң, олар үйине қарай жолға шықты, ал жас ѳспирим Ийса Ерусалимде қалып қойған еди. Бирақ буны ата-анасы билмеди. 44 Олар Ийсаны басқалар менен киятыр деп ойлап, бир күнлик жолды басып ѳткеннен соң, Оны ағайинлери менен танысларының арасынан изледи. 45 Таппағаннан кейин, Оны излеп Ерусалимге қайтып барды. 46 Үш күннен соң, олар Ийсаны Ибадатханадан тапты. Ол диний муғаллимлердиң ортасында олардың сѳзлерин тыңлап, сораўлар берип отырған еди. 47 Тыңлап отырғанлардың ҳәммеси Оның ақылына ҳәм берген жуўапларына ҳайран қалысты. 48 Ата-анасы Ийсаны кѳрип, аң-таң болды ҳәм анасы Оған: – Балам, Сен неге бизлерге бундай иследиң? Єкең менен екеўимиз қатты қайғырып, Сени изледик, – деди. 49 Ийса оларға: – Мени излеўдиң неге кереги бар еди? Єкемниң үйинде болыўым керек екенин билмедиңиз бе? – деди. 50 Бирақ олар Ийсаның айтқан сѳзлерин түсинбеди. 51 Ийса олар менен бирге Насыра қаласына қайтып келип, олардың тилин алып жүрди. Ал Оның анасы болған ўақыялардың ҳәммесин кеўлинде сақлады. 52 Ийсаның жасы да, ақыл-даналығы да ѳсип, Ќудайдың ҳәм адамлардың сүйиспеншилигине бѳленип барды.
1 Рим патшасы Тибериус салтанатының он бесинши жылында Яҳудия үлкесинде Понтий Пилат ҳәкимлик қылды. Галиланы Ҳирод, Итурея ҳәм Трахонит үлкелерин оның иниси Филип, Абилена үлкесин Лисанияс басқарды. 2 Ал Ханна менен Каяфа бас руўханий еди. Сонда шѳл далада жасап атырған Зекерияның улы Яқыяға Ќудайдың сѳзи түсти. 3 Яқыя Иордан әтирапындағы барлық үлкелерди аралап, адамларға гүналарының кеширилиўи ушын тәўбеге келиўди ҳәм суўға шомылдырылыўды жәриялап жүрди. 4 Бул Ийшая пайғамбардың китабында жазылғанға туўры келеди: «Шѳл далада бақырған биреўдиң даўысы шығады: Ийемизге жол таярлаңлар, Оның жүретуғын жолларын дүзетиңлер! 5 Барлық ойпатлықлар толтырылсын, Таў-тѳбелер пәске шѳксин, Ќыйсық жоллар дүзетилсин, Будыр жерлер тегисленсин. 6 Сонда пүткил адамзат Ќудайдың қутқаратуғынын кѳреди». 7 Яқыя шомылдырылыўға келген аламанға былай деди: – Ҳәй, уўлы жыланлардың туқымлары! Келешектеги қәҳәрли жазадан қутылыўды сизлерге ким үйретти? 8 Егер сизлер тәўбе еткен болсаңлар, буған ылайық жемис бериңлер! Және: «Ата тегимиз Ибрайым ата-ғо», – деп ишлериңизден ойламаңлар. Сизлерге айтатуғыным: Ќудай Ибрайымға мына таслардан да урпақ жасап бере алады. 9 Ағашлардың тамырында ҳәзирдиң ѳзинде-ақ балта жатыр. Жақсы мийўе бермейтуғын ҳәр бир терек шабылып, отқа тасланады. 10 Сонда халық оннан: – Олай болса, бизлер не ислеўимиз керек? – деп сорады. 11 Яқыя оларға: – Кимниң еки кийими болса, биреўин кийими жоққа берсин. Кимниң аўқаты болса, ол да солай ислесин, – деп жуўап берди. 12 Салықшылар да шомылдырылыў ушын келип, Яқыядан: – Устаз, бизлер не ислеўимиз керек? – деп сорады. 13 Яқыя оларға: – Белгиленгенинен артық талап етпеңлер, – деди. 14 Єскерлер де оннан: – Ал бизлер не ислеўимиз керек? – деп сорады. Яқыя оларға: – Ҳеш кимди тонамаңлар, ҳеш кимге жала жаппаңлар, ѳз ис ҳақыңызға қанаат етиңлер, – деди. 15 Үмит етип күтип турған халықтың ҳәммеси Яқыя туўралы ишлеринен: – Бул Масих емес пе екен? – деп ойлады. 16 Яқыя ҳәммесине жуўап берип: – Мен сизлерди суў менен шомылдыраман, бирақ меннен кейин қүдиретли Биреў киятыр. Мен Оның аяқ кийиминиң баўын шешиўге де ылайықлы емеспен. Ол сизлерди Мухаддес Руўх ҳәм от пенен шомылдырады. 17 Оның жабасы қолында. Ол Ѳз қырманын тазалап, бийдайын ғәллеханасына жыйнайды, ал сабанын сѳнбес отқа жандырады, – деди. 18 Яқыя халыққа басқа да кѳп нәсият айтып, Хош Хабарды жәриялап жүрди. 19 Үлке ҳүкимдары Ҳирод ѳз инисиниң ҳаялы Ҳиродия себепли ҳәм басқа да барлық жаман ислери ушын, Яқыя тәрепинен әшкара етилген еди. 20 Ҳирод бурынғы ислеген жаманлықларына қоса Яқыяны қаматып таслады. 21 Пүткил халық шомылдырылғанда, Ийса да шомылдырылды. Ол дуўа еткенде аспан ашылып, 22 Мухаддес Руўх кептер пишинде Оның үстине түсти. Сонда аспаннан: – Сен – Мениң сүйикли Улымсаң, Мен Саған ырзаман, – деген саза еситилди. 23 Ийса Ѳз хызметин баслағанда отызлар шамасында еди. Адамлар Оны Юсуптың улы сыпатында таныйтуғын еди. Ал Юсуп Ели улы, 24 Ели Маттат улы, Маттат Лебий улы, Лебий Малкий улы, Малкий Янай улы, Янай Юсуп улы, 25 Юсуп Маттатия улы, Маттатия Амос улы, Амос Нахум улы, Нахум Ҳесли улы, Ҳесли Нагай улы, Нагай 26 Махат улы, Махат Маттатия улы, Маттатия Шимий улы, Шимий Юсех улы, Юсех Юда улы, 27 Юда Юханан улы, Юханан Реша улы, Реша Зерубабел улы, Зерубабел Шалтиел улы, Шалтиел Нерий улы, 28 Нерий Малкий улы, Малкий Аддий улы, Аддий Ќосам улы, Ќосам Елмадам улы, Елмадам Ер улы, 29 Ер Ешу улы, Ешу Елиезер улы, Елиезер Иорым улы, Иорым Маттат улы, Маттат Лебий улы, 30 Лебий Шимон улы, Шимон Яҳуда улы, Яҳуда Юсуп улы, Юсуп Ионам улы, Ионам Елиаким улы, 31 Елиаким Мала улы, Мала Менна улы, Менна Маттата улы, Маттата Натан улы, Натан Даўыт улы, 32 Даўыт Ишай улы, Ишай Обид улы, Обид Боаз улы, Боаз Салмон улы, Салмон Наҳшон улы, 33 Наҳшон Аминадаб улы, Аминадаб Рам улы, Рам Ҳесрон улы, Ҳесрон Парес улы, Парес Яҳуда улы, 34 Яҳуда Яқып улы, Яқып Ысақ улы, Ысақ Ибрайым улы, Ибрайым Терах улы, Терах Нахор улы, 35 Нахор Серук улы, Серук Реу улы, Реу Пелек улы, Пелек Ебер улы, Ебер Шалаҳ улы, 36 Шалаҳ Кенан улы, Кенан Арпакшат улы, Арпакшат Сам улы, Сам Нух улы, Нух Ламек улы, 37 Ламек Метушелах улы, Метушелах Енок улы, Енок Ярет улы, Ярет Махалалел улы, Махалалел Кенан улы, 38 Кенан Енош улы, Енош Шит улы, Шит Адам-ата улы, ал Адам-ата Ќудай улы.
1 Ийса Мухаддес Руўхқа толып, Иордан дәрьясынан қайтып келгенде, Руўх Оны шѳл далаға алып барды. 2 Оны шайтан сол жерде қырық күн сынады. Ол бул күнлери ҳеш нәрсе жемеди. Олар ѳткеннен соң, ақыры аш болды. 3 Сонда шайтан Ийсаға: – Егер Сен Ќудайдың Улы болсаң, мына тасқа буйыр, ол нанға айлансын, – деди. 4 Ийса оған жуўап берип: – Мухаддес Жазыўда: «Адам тек ғана нан менен жасамайды», – деп айтылған, – деди. 5 Сонда шайтан Ийсаны бир бийик жерге шығарды да, Оған бир демде дүньяның барлық патшалықларын кѳрсетип, 6 Оған: – Мен усы мәмлекетлердиң пүткил бийлигин ҳәм олардың сән-салтанатларын Саған беремен. Ѳйткени олар маған берилген, оларды қәлеген адамыма беремен. 7 Егер маған табынсаң, ҳәммеси Сеники болады, – деди. 8 Ийса оған жуўап берип: – Мухаддес Жазыўда: «Ќудай-Ийеңе сыйынып, тек Оған хызмет ет», – деп айтылған-ғо, – деди. 9 Соңынан шайтан Ийсаны Ерусалимге апарып, Ибадатхананың тѳбесине турғызып қойды да, Оған: – Егер Сен Ќудайдың Улы болсаң, Ѳзиңди бул жерден тѳменге тасла, 10 себеби былай деп жазылған-ғо: «Ол Ѳз периштелерине Сени сақлап қалыўға буйрық береди. 11 Аяғыңды тасқа урып алмаўың ушын, олар Сени қолларында кѳтерип алып кетеди», – деди. 12 Ийса шайтанға: – «Ќудай-Ийеңди сынама!», – деп айтылған-ғо, – деди. 13 Шайтан ҳәмме сынаўларын тамамлағаннан кейин, ўақытша Ийсаның қасынан кетти. 14 Мухаддес Руўхтың күшине толған Ийса Галилаға қайтып келди ҳәм Ол туўралы хабар пүткил дѳгерекке тарқады. 15 Ийса олардың мәжилисханаларында тәлим берди ҳәм Ол ҳәмме адамлар тәрепинен алғысланды. 16 Ийса Ѳзи ѳскен Насыра қаласына келип, Ѳз әдети бойынша дем алыс күни мәжилисханаға кирди. Ийса оқыў ушын орнынан турғанда, 17 Оған Ийшая пайғамбардың китабы берилди. Ол китапты ашып, мына аятлар жазылған жерди тапты: 18 - 19 «Жаратқан Ийемниң Руўхы Мениң үстимде. Ѳйткени Ол Мени жарлыларға Хош Хабар жәриялаў ушын тайынлады. Ол Мени тутқынлардың азат болатуғынын, соқырлардың кѳретуғынын хабарлаўға, азап шеккенлердиң еркинликке шығыўы ушын ҳәм Жаратқан Ийемиздиң мийримлилик жылын жәриялаў ушын жиберди». 20 Соңынан Ийса китапты жаўды да, оны хызметкерге берип, орнына отырды. Мәжилисханадағы ҳәмме адамлар Оған тигилип қалды. 21 Ийса оларға сѳйлей баслап: – Усы Мухаддес Жазыўлар бүгин, сизлер еситкен ўақытта орынланды, – деди. 22 Ҳәмме Ийсаны мақтады ҳәм Оның аўзынан шыққан шешен сѳзлерине ҳайран қалысып: – Бул – Юсуптың баласы емес пе? – дести. 23 Ийса оларға былай деди: – Сизлер, әлбетте, Маған: «Шыпакер, ѳзиңди ѳзиң емле», – деген нақылды айтып, «Бизлер Капарнаҳумда ислеген ислериң ҳаққында еситтик. Бул жерде, Ѳз ана журтыңда да соларды исле!» – демекшисизлер. 24 Ийса даўам етип: – Сизлерге шынын айтаман: ҳеш бир пайғамбар ѳз ўатанында қабыл алынбайды. 25 Сизлерге ҳақыйқатын айтаман: Илияс пайғамбардың заманында үш жыл, алты ай аспан жаўылып, жаўын болмай, елде аўыр ашаршылық болғанда, Израил елинде кѳп жесир ҳаяллар бар еди. 26 Бирақ Илияс олардың ҳеш биреўине жиберилмей, тек Сидон елиниң Сарафат қаласындағы бир жесир ҳаялға жиберилген еди. 27 Сол сыяқлы, Елиша пайғамбардың заманында да Израилда мақаў кесел болып аўырғанлар кѳп еди. Бирақ, тек сириялы Наманнан басқа ҳеш ким аўырыўынан жазылған жоқ, – деди. 28 Буны еситкен мәжилисханадағылардың барлығы қатты ашыўға минди. 29 Орынларынан турып, Ийсаны қаладан қуўып шығарды да, Оны тик жардан таслап жибериў ушын, сол қала қурылған таўдың басына алып барды. 30 Бирақ Ийса олардың арасынан ѳтип, Ѳз жолына түсти. 31 Ийса Галиладағы Капарнаҳум қаласына келди ҳәм дем алыс күни халыққа тәлим берди. 32 Халық Ийсаның тәлимине ҳайран қалды, себеби Оның сѳзинде бийлик бар еди. 33 Мәжилисханада жинге шалынған, жаўыз руўхлы бир адам бар еди. Ол бәлент даўыс пенен бақырып: 34 – О, Насыралы Ийса! Бизлер менен не жумысың бар? Сен бизлерди жоқ етиўге келдиң бе? Сениң ким екениңди билемен, Сен – Ќудайдың Мухаддесисең! – деди. 35 Ийса оған кейип: – Үниңди ѳшир де, оннан шығып кет! – деди. Сонда жин адамды ҳәммениң кѳз алдында жерге қулатты да, ҳеш зыян тийгизбей, оннан шығып кетти. 36 Ҳәмме таң қалысып, бир-бирине: – Бул не гәп? Ол жаўыз руўхларға бийлик ҳәм қүдирет пенен буйрық бергенде, олар шығып кетеди-ғо, – дести. 37 Солай етип, Ийса туўралы хабар сол үлкедеги барлық жерлерге жайылды. 38 Ийса мәжилисханадан шығып, Симонның үйине барды. Симонның қәйин енесиниң қатты ыссылығы кѳтерилип, аўырып жатырған еди. Олар Ийсадан оны кѳриўди ѳтиниш етти. 39 Ийса ҳаялдың бас ушында турып ыссылыққа тыйым салғанда, ҳаялдың ыссылығы түсти. Ҳаял дәрриў орнынан турып, оларға хызмет етти. 40 Ќуяш батарда ҳәмме ҳәр түрли кеселлерге шалынған адамларын Ийсаға алып келди. Ийса олардың ҳәр бириниң үстине қолын қойып, шыпа берди. 41 Кѳп адамлардан жинлер шығып баратырып: «Сен – Ќудайдың Улысаң!» – деп бақыратуғын еди. Бирақ Ийса оларға кейип, сѳйлеўге тыйым салды. Ѳйткени олар Оның Масих екенин билетуғын еди. 42 Таң атқанда Ийса үйден шығып, аўлақ жерге кетти. Халық Оны излеп қасына келди ҳәм оларды таслап кетпеўи ушын, Оны алып қалмақшы болды. 43 Бирақ Ийса оларға: – Ќудай Патшалығы туўралы Хош Хабарды басқа қалаларда да жәриялаўым керек, себеби Мен сол ушын жиберилгенмен, – деди. 44 Солай етип, Ийса Яҳудиядағы мәжилисханаларда ўаз айтып жүрди.
1 Бир күни Ийса Генесарет кѳлиниң жағасында турғанда, халық Ќудайдың сѳзин еситиў ушын Оның жанында тығылысып турды. 2 Сонда Ийса кѳлдиң жағасында турған еки қайықты кѳрди. Ал балықшылар қайықтан түсип, аўларын жуўып атырған еди. 3 Ќайықлардың бири Симонға тийисли еди. Ийса оған минип, Симоннан жағадан бираз арманырақ жүзип барыўын ѳтинди де, қайықта отырып, халыққа тәлим бере баслады. 4 Сѳзин тамамлағаннан соң, Симонға: – Тереңирек жерге жүзип барып, балыққа аў сал, – деди. 5 Симон Оған жуўап берип: – Устаз! Бизлер түни менен мийнет етип, ҳеш нәрсе тута алмадық. Бирақ, Сениң сѳзиң бойынша аў саламан, – деди. 6 Олар усылай ислегенде, кѳп балық тутқанлығы соншелли, ҳәтте, аўлары да жыртыла баслады. 7 Сонда олар басқа қайықтағы шериклерине белги берип, жәрдемлесиўге шақырды. Жолдаслары келип, еки қайықты да суўға батар дәрежеде балыққа толтырды. 8 Буны кѳрген Симон Петр Ийсаның аяғына жығылып: – Ийем! Мениң қасымнан кет, ѳйткени мен гүнакар адамман, – деди. 9 Себеби ѳзлериниң буншама кѳп балық аўлағанына ѳзи де, қасындағылар да ҳайран қалған еди. 10 Симонның шериклери болған Зебедейдиң уллары Яқып пенен Юхан да усындай аўҳалда еди. Ийса Симонға: – Ќорқпа, буннан былай адамларды аўлайтуғын боласаң, – деди. 11 Сонда олар қайықларын жағаға шығарды да, ҳәммесин қалдырып, Ийсаның изине ерди. 12 Ийса бир қалада болғанда, пүткил денеси мақаў кесел болған бир адам келди. Ол Ийсаны кѳрип, аяғына жығылды да: – Ийем! Егер Сен қәлесең, мени мақаў кеселден тазалай аласаң-ғо, – деп жалынды. 13 Ийса қолын созып, оған тийгизди де: – Ќәлеймен, тазалан! – деди. Ол сол ўақытта-ақ мақаў кеселден тазаланды. 14 Ийса оған: – Буны ҳеш кимге айтпа! Тек руўханийге барып, ѳзиңди кѳрсет те, мақаў кеселден тазаланғаныңды адамларға дәлиллеў ушын, Муўса буйырған қурбанлықты бер, – деп буйырды. 15 Бирақ Ийса ҳаққында хабар бурынғыдан да кѳбирек жайылды. Кѳп халық Оны тыңлап, аўырыўларына шыпа алыў ушын, Оның алдына ағып келе берди. 16 Ал Ийса аўлақ жерге барып, дуўа ететуғын еди. 17 Бир күни Ийса тәлим берип отырғанда, Галила менен Яҳудияның барлық аўылларынан ҳәм Ерусалимнен келген парисейлер менен диний муғаллимлер Оның қасында еди. Ал Ийсада аўырыўларға шыпа бериўши Жаратқан Ийемиздиң қүдирети бар еди. 18 Сонда биреўлер ләң болған адамды тѳсеги менен кѳтерип алып келди. Олар Ийсаның алдына оны қойыў ушын, үйге киргизиўге тырысты. 19 Адамлардың кѳплигинен алып кире алмаған олар тамның басына шықты. Оны ашты да, ләң адамды тѳсеги менен ортаға, Ийсаның алдына түсирди. 20 Ийса олардың исенимин кѳрип: – Достым, сениң гүналарың кеширилди, – деди. 21 Диний муғаллимлер менен парисейлер: «Ќудайға тил тийгизип турған Бул ким? Гүналарды жалғыз Ќудайдан басқа ким кешире алады?» – деп ишлеринен ойлай баслады. 22 Ийса олардың не ойлағанын билип, оларға: – Ишлериңизден неге бундай нәрселерди ойлап турсызлар? 23 Ќайсысын айтыў аңсатырақ: «Гүналарың кеширилди», – деў ме ямаса: «Орныңнан турып, жүре бер», – деў ме? 24 Бирақ, Адам Улының жер бетинде гүналарды кешириўге бийлиги бар екенин билип қойыңлар, – деп жуўап берди де, ләң адамға: – Саған айтаман: орныңнан турып, тѳсегиңди ал да, үйиңе бар! – деди. 25 Сонда ләң адам ҳәммениң кѳз алдында дәрҳал орнынан турып, ѳзи жатқан тѳсегин алды да, Ќудайды алғыслап үйине қайтты. 26 Ҳәмме қатты таң қалысып, Ќудайға мақтаўлар айтты. Олар қорқынышқа толып: – Бизлер бүгин таң қаларлық ислер кѳрдик, – дести. 27 Соннан кейин, Ийса сол жерден шығып, салық кеңсесинде отырған Лебий атлы салықшыны кѳрди де, оған: – Изиме ер! – деди. 28 Ол орнынан турды да, ҳәмме нәрсесин қалдырып, Ийсаның изине ерди. 29 Лебий ѳз үйинде Ийса ушын үлкен зыяпат иследи. Олар менен бирге кѳплеген салықшылар ҳәм басқа да адамлар дастурханлас болды. 30 Парисейлер менен диний муғаллимлер Ийсаның шәкиртлерине наразылық билдирип: – Сизлер неге салықшылар ҳәм гүнакарлар менен бирге ишип-жеп отырсызлар? – деди. 31 Ийса оларға жуўап берип: – Шыпакерге дени саўлар емес, ал аўырыўлар мүтәж. 32 Мен ҳақ адамларды емес, ал гүнакарларды тәўбеге шақырыўға келдим, – деди. 33 Олар Ийсаға: – Яқыяның шәкиртлери жийи-жийи ораза тутып, дуўа етеди. Парисейлердиң шәкиртлери де солай ислейди. Ал Сениң шәкиртлериң ишип-жеп жүрипти, – деди. 34 Ийса оларға: – Күйеў ѳзлери менен бирге болғанда, тойға келгенлерди ораза тутыўға мәжбүр ете аласызлар ма? 35 Бирақ, олардан күйеўди тартып алып кетилетуғын күнлер келеди, олар сонда, сол күнлери ораза тутады, – деди. 36 Ийса оларға және бир тымсал айтып, былай деди: – Ҳеш ким жаңа кийимнен жыртып алып, ески кийимге жамаў салмайды. Олай етсе, жаңа кийим де жыртылып қалады, жаңа жамаў да ески кийимге үйлеспейди. 37 Ҳеш ким жаңа шарапты да ески меске қуймайды. Олай етсе, жаңа шарап мести жарып ағып кетеди, мес те бузылады. 38 Жаңа шарапты жаңа меске қуйыў керек. 39 Ҳеш ким ески шарапты ишип кѳрип, жаңасын қәлемейди: ѳйткени «ескиси жақсырақ», – дейди.
1 Бир дем алыс күни Ийса бийдай атызының арасы менен ѳтип баратырғанда, Оның шәкиртлери бийдай масақларын үзип алып, алақанлары менен уўқалап жей баслады. 2 Гейпара парисейлер оларға: – Сизлер неге дем алыс күнинде ислеўге болмайтуғын исти ислеп атырсызлар? – деди. 3 Ийса оларға жуўап берип: – Ѳзи де, қасындағылар да аш болғанда Даўыттың не ислегенин сизлер оқымағансызлар ма? 4 Ол Ќудайдың Үйине кирип, тек руўханийлерге ғана жеўге болатуғын Ќудайға арналған нанларды ѳзи де жеп, қасындағыларға да берген емес пе? – деди. 5 Және оларға: – Адам Улы дем алыс күниниң де ийеси, – деди. 6 Ийса басқа бир дем алыс күни мәжилисханаға кирип, тәлим бере баслады. Сол жерде оң қолы ләң бир адам бар еди. 7 Диний муғаллимлер менен парисейлер Ийсадан айып табыў ушын, дем алыс күни аўырыўларға шыпа бермес пе екен деп, Оны аңлыды. 8 Бирақ Ийса олардың усы ойын билип, қолы ләң адамға: – Орныңнан турып, ортаға шық, – деди. Ол орнынан турып, ортаға шықты. 9 Сонда Ийса оларға: – Сизлерге бир сораў берейин: нызам бойынша дем алыс күни не ислеген дурыс: жақсылық па ямаса жаманлық па? Адамның жанын қутқарыў ма ямаса набыт қылыў ма? – деди. 10 Ийса әтирапындағылардың ҳәммесине қарап шықты да, қолы ләң адамға: – Ќолыңды соз, – деди. Ол солай ислегенде, қолы бурынғыдай сап-саў болып қалды. 11 Сонда олар қатты ашыўға минип, Ийсаға не ислеў керек екенин ѳз ара кеңесе баслады. 12 Сол күнлери Ийса дуўа етиў ушын таўға шықты ҳәм түнди Ќудайға дуўа етиў менен ѳткизди. 13 Таң атқанда, Ѳз шәкиртлерин жанына шақырып алып, арасынан он екисин таңлап алды да, оларды «елшилер» деп атады. 14 Олар: Ийса Петр деп атаған Симон ҳәм оның иниси Андрей, Яқып пенен Юхан, Филип пенен Бартоломей, 15 Матта менен Томас, Алпейдиң улы Яқып пенен ўатансүйер деп аталған Симон, 16 Яқыптың улы Яҳуда ҳәм кейин Ийсаға сатқынлық ислеген Яҳуда Исқариот. 17 Ийса олар менен бирге таўдан тѳмен түсип, бир тегислик жерге келип турды. Сол жерде Оның кѳплеген шәкиртлери, пүткил Яҳудия ҳәм Ерусалимнен, Тир ҳәм Сидондағы үлкен теңиз жағасынан келген кѳп халық бар еди. 18 Олар Ийсаны тыңлаўға ҳәм ѳз кеселликлерине шыпа табыўға келген еди. Жаўыз руўхлардан азап шеккен адамлар да келип, шыпа тапты. 19 Пүткил халық Ийсаға қол тийгизиўге тырысатуғын еди. Себеби Оннан күш шығып, ҳәммеге шыпа беретуғын еди. 20 Ийса шәкиртлерине қарап былай деди: – Жарлы болғанлар, сизлер бахытлысызлар! Себеби Ќудайдың Патшалығы сизлердики. 21 Ҳәзир аш болып жүргенлер, сизлер бахытлысызлар! Себеби тоқ боласызлар. Ҳәзир жылап жүргенлер, сизлер бахытлысызлар! Себеби күлесизлер. 22 Адамлар сизлерди Адам Улы ушын жек кѳрсе, араларынан шетлетсе, хорлап, атларыңызға дақ түсирсе, сизлер бахытлысызлар! 23 Сол күни қуўанып, шадлыққа бѳлениңлер! Ѳйткени сизлердиң аспандағы сыйлығыңыз үлкен. Олардың ата-бабалары да пайғамбарларға усылай ислеген. 24 Бирақ, ҳәй байлар, сизлер ҳәсирет шегесизлер! Себеби сизлер ѳз ҳәзлигиңизди әлле қашан алып болдыңлар. 25 Ҳәзир тоқ болғанлар, сизлер ҳәсирет шегесизлер! Себеби сизлер аш қаласызлар. Ҳәзир күлип атырғанлар, сизлер ҳәсирет шегесизлер! Себеби сизлер ѳкирип жылайсызлар. 26 Ҳәмме сизлерди мақтаса, сизлер ҳәсирет шегесизлер! Себеби олардың ата-бабалары жалған пайғамбарларға усылай ислеген. 27 – Бирақ, Мени тыңлап отырған сизлерге айтатуғыным: Душпанларыңызды сүйиңлер, ѳзлериңизди жек кѳретуғынларға жақсылық ислеңлер. 28 Сизлерди ғарғайтуғынларға жақсы тилек тилеңлер, қапа қылатуғынлар ушын дуўа етиңлер. 29 Бетиңниң бир жағына урғанға екинши бетиңди де тут. Шапаныңды тартып алғанға кѳйлегиңди де алыўға рухсат ет! 30 Сеннен сораған ҳәр бир адамға бер, сеникин алғаннан қайтарып бериўди талап қылма! 31 Адамлардың сизлерге не ислегенин қәлесеңлер, сизлер де оларға соны ислеңлер! 32 Егер сизлер ѳзлериңизди сүйгенлерди ғана сүйсеңлер, бул ушын қандай алғыс аласызлар? Гүнакарлар да ѳзлерин сүйгенлерди сүйеди-ғо. 33 Егер ѳзлериңизге жақсылық ислегенлерге ғана жақсылық ислесеңлер, бул ушын қандай алғыс аласызлар? Гүнакарлар да усылай ислейди-ғо. 34 Егер сизлер қайтарып алыўдан үмит етип, қарыз берсеңлер, бул ушын қандай алғыс аласызлар? Гүнакарлар да қанша қарыз берсе, сонша қайтарып алыў ушын, гүнакарларға қарыз береди-ғо. 35 Бирақ сизлер душпанларыңызды сүйиңлер. Жақсылық қылып, ҳеш нәрсе дәметпей, қарыз бериңлер. Сонда сизлер үлкен сыйлық алып, қүдиретли Ќудайдың балалары боласызлар. Ѳйткени Ол жақсылықты билмейтуғынларға да, жаман адамларға да мийримли. 36 Солай етип, Єкеңиз мийрим-шәпәәтли болғаны сыяқлы, сизлер де мийрим-шәпәәтли болыңлар. 37 – Басқаларды ҳүким етпеңлер, сонда сизлер де ҳүким етилмейсиз. Айыпламаңлар, сонда сизлер де айыпланбайсыз. Кешириңлер, сонда сизлер де кеширилесиз. 38 Бериңлер, сонда сизлерге де бериледи. Басып, силкитип толтырылған, тасып тѳгилген мѳлшер менен етеклериңизге салып бериледи. Сизлер қандай ѳлшем менен ѳлшеп берсеңлер, Ќудай да сизлерге сондай ѳлшем менен ѳлшеп береди. 39 Ийса оларға және бир тымсал айтты: – Соқырды соқыр жетелеп жүре ала ма? Екеўи де бир шуқырға қулап түспей ме? 40 Шәкирт устазынан уллы емес. Бирақ ҳәр бир адам билимин жетилистиргеннен кейин, ѳз устазындай болады. 41 Сен неге туўысқаныңның кѳзиндеги шѳпти кѳрип турып, ѳз кѳзиңдеги қаданы сезбейсең? 42 Ѳз кѳзиңдеги қаданы кѳрмей турып, қалай: «Туўысқаным, қәне, кѳзиңдеги шѳпти шығарып алайын», – деп туўысқаныңа айта аласаң? Ҳәй, еки жүзли! Дәслеп ѳз кѳзиңдеги қаданы шығар, сонда анық кѳрип, туўысқаныңның кѳзиндеги шѳпти шығара аласаң. 43 – Жаман мийўе беретуғын жақсы терек ҳәм жақсы мийўе беретуғын жаман терек жоқ. 44 Ҳәр бир терек мийўесинен билинеди: ҳеш ким шеңгелден әнжир жыйнамайды, тикенликтен жүзим термейди. 45 Жақсы адам кеўлиндеги жақсы ғәзийнесинен жақсылық шығарады, ал жаман адам кеўлиндеги жаман ғәзийнесинен жаманлық шығарады. Адамның кеўли неге толып тасса, аўзынан сол шығады-ғо. 46 Неге сизлер Мени: «Ийем, Ийем» деп шақырып, айтқанларымды қылмайсызлар? 47 Маған келип, сѳзлеримди тыңлап, оларды орынлайтуғын адамның кимге уқсайтуғынын сизлерге айтайын: 48 ол – жерди терең етип қазып, тийкарын жар тас үстине қалап, үй салған адамға уқсайды. Сел тасып, сол үйди соққылағанда, үй беккем салынғанлығы себепли, оны қозғалта алмайды. 49 Бирақ сѳзлеримди еситсе де, оны орынламайтуғын адам үйин жер үстине тийкарсыз салған адамға уқсайды. Суўлар тасып, бул үйди соққылағанда, ол сол ўақытта-ақ қулап, қатты қыйралып қалады.
1 Ийса Ѳзин тыңлап турған халыққа ҳәмме сѳзин айтып болғаннан соң, Капарнаҳумға кетти. 2 Сол жерде бир римли жүзбасының қәдирлейтуғын хызметшиси аўырып, ѳлим тѳсегинде жатырған еди. 3 Жүзбасы Ийса туўралы еситип, Ол келип, хызметшиме шыпа бермес пе екен деп, ѳтиниш етиў ушын, Оған яҳудийлердиң ақсақалларын жиберди. 4 Олар Ийсаның қасына келди де, қатты ѳтиниш етип: – Ол Сениң жәрдем бериўиңе минәсип. 5 Себеби ол халқымызды жақсы кѳреди, бизлерге мәжилисхана да салып берди, – деди. 6 Ийса олар менен бирге кетти. Ол үйге жақынлап қалғанда, жүзбасы Оған досларын жиберип, былай деп айтқызды: – Єўере болмай-ақ қой, Ийем! Сениң шаңарағыма келиўиңе мен ылайықлы емеспен. 7 Сонлықтан ѳзимниң Саған барыўымды да минәсип кѳрмедим. Тек бир сѳз айтсаң болды, хызметшим жазылып кетеди. 8 Ѳйткени мен де биреўдиң қол астындағы адамман, ѳзиме бағынышлы әскерлерим де бар. Олардың биреўине: «бар» десем, барады, екиншисине «кел» десем, келеди. Ќулыма: «мынаны исле» десем, ислейди. 9 Бул сѳзлерди еситкен Ийса таң қалды ҳәм изине ерип киятырған халыққа бурылып: – Сизлерге айтатуғыным: Мен бундай исенимди Израилда да ушыратпаған едим, – деди. 10 Жиберилгенлер үйге қайтып келгенде, аўырыў хызметшиниң жазылып кеткенин кѳрди. 11 Арадан кѳп ѳтпей, Ийса Наин деген қалаға келди. Оның менен шәкиртлери ҳәм кѳп халық бирге жүрди. 12 Ийса қала дәрўазасына жақынлағанда, бир жесир ҳаялдың жалғыз баласының ѳлигин кѳтерип шығарып атыр еди. Ќаланың кѳп адамлары ҳаял менен бирге жүрип киятыр еди. 13 Ийемиз ҳаялды кѳргенде жаны ашып: – Жылама! – деди. 14 Ийса жақынлап келип, табытқа қолын тийгизгенде, табыт кѳтерип киятырғанлар тоқтап қалды. Ол: – Ҳәй жас жигит, саған айтаман: орныңнан тур! – деди. 15 Ѳли тикейип отырды да, сѳйлей баслады. Ийса оны анасына тапсырды. 16 Ҳәммени қорқыныш бийлеп: – Арамызда уллы пайғамбар пайда болды. Ќудай Ѳз халқына жәрдемге келди, – деп Ќудайға алғыс айтты. 17 Ийса туўралы бул хабар пүткил Яҳудия үлкесине ҳәм дѳгеректеги жерлерге жайылды. 18 Шәкиртлери Яқыяға болып ѳткен ўақыялар ҳаққында хабарлады. 19 Яқыя шәкиртлериниң екеўин шақырып алып: «Келетуғын Ќутқарыўшы Сенбисең ямаса басқа биреўди күтиўимиз керек пе?» – деп сораў ушын, оларды Ийемизге жиберди. 20 Олар Ийсаға келип: – Шомылдырыўшы Яқыя бизлерди: «Келетуғын Ќутқарыўшы Сен бе ямаса басқасын күтейик пе?» – деп сораў ушын, Саған жиберди, – деди. 21 Сол ўақытта Ийса аўырыў менен кеселлерге ҳәм жаўыз руўхларға шалынған кѳплеген адамларға шыпа берип, кѳп соқырлардың кѳзин ашқан еди. 22 Ийса оларға жуўап берип: – Барыңлар, еситип-кѳргенлериңизди Яқыяға билдириңлер. Соқырлардың кѳрип, ақсақ болғанлардың жүрип, мақаў кесел болғанлардың тазаланып, гереңлердиң еситип, ѳлгенлердиң тирилип, Хош Хабардың жарлыларға жәрияланып атырғанын айтып бериңлер. 23 Маған гүмансыз исенгенлер бахытлы! – деди. 24 Яқыяның жиберген адамлары қайтып кеткеннен соң, Ийса халыққа Яқыя туўралы былай деп айта баслады: – Сизлер шѳл далаға нени кѳриўге бардыңлар? Самал тербеткен қамысты ма? 25 Нени кѳриўге бардыңлар? Жипек кийим кийген бир адамды ма? Бирақ ҳасыл кийим кийип, байлықта жасайтуғынлар патша сарайларында болады-ғо. 26 Солай етип, нени кѳриўге бардыңлар? Пайғамбарды ма? Аўа, Мениң сизлерге айтатуғыным: ол – пайғамбардан да уллы. 27 Бул адам ҳаққында Мухаддес Жазыўда былай деп айтылған: «Мине, Мен Сеннен бурын Ѳз хабаршымды жиберемен, ол Сениң баратуғын жолыңды алдыңнан таярлап қояды». 28 Сизлерге айтатуғыным: ҳаялдан туўылғанлардың арасында Шомылдырыўшы Яқыядан уллы адам жоқ. Бирақ Ќудай Патшалығындағы ең кишкене адам да оннан уллы. 29 Буны еситкен пүткил халық, ҳәтте, салықшылар да Ќудайдың ҳақлығын мойынлады. Себеби олар Яқыяның қолынан шомылдырылған еди. 30 Бирақ парисейлер менен нызам муғаллимлери Ќудайдың оларға арнаған еркин қабыл алмады. Ѳйткени олар Яқыяның қолынан шомылдырылыўдан бас тартқан еди. 31 Ийса және: – Ҳәзирги әўладтың адамларын кимге уқсатайын, олар кимлерге мегзейди? 32 Олар базарда бир-бирине қышқырысып: «Сизлерге сыбызғы шерттик, бирақ сизлер ойнамадыңлар! Сизлерге жоқлаў айттық, бирақ сизлер жыламадыңлар!» – деп отырған балаларға уқсайды. 33 Себеби Шомылдырыўшы Яқыя келип, нан да жемеди, шарап та ишпеди. Ал сизлер оны: «Жин урған», – дейсизлер. 34 Адам Улы келип, жеп те, ишип те жүр, сизлер Оны: «Мине, тамақсаў ҳәм арақхор адам, Ол салықшылар менен гүнакарлардың досты», – дейсизлер. 35 Ал Ќудайдың даналығы оны қабыл ететуғынлардың ҳәммеси арқалы ақланады, – деди. 36 Парисейлердиң бири Ийсаны аўқатқа мирәт етти. Ийса парисейдиң үйине кирип, дастурхан әтирапына отырды. 37 Сол қалада жасаўшы бир гүнакар ҳаял Ийсаның парисейдиң үйинде, дастурхан басында отырғанын билип, ишинде әтир майы бар мәрмер ыдыс алып келди. 38 Ол артта, Ийсаның аяқ бетинде турып жылап, кѳз жасларын Ийсаның аяқларына тѳге баслады ҳәм оларды шашлары менен сүртти. Оның аяқларын сүйип, ийис май менен майлады. 39 Ийсаны мирәт еткен парисей буны кѳрип, ишинен: – Егер Ол пайғамбар болса, Оған қолын тийгизип турған ҳаялдың кимлигин ҳәм оның қандай ҳаял екенин билер еди. Ол – гүнакар ҳаял-ғо, – деди. 40 Ийса оған: – Симон, саған айтатуғын бир аўыз сѳзим бар, – деди. – Айта бер, Устаз! – деди Симон. 41 Ийса оған: – Бир қарыз бериўшиниң еки қарыздары бар екен: биреўиниң бес жүз, екиншисиниң елиў динар қарызы болыпты. 42 Бирақ олардың тѳлейтуғын ҳеш нәрсеси болмағанлықтан, ол екеўиниң де қарызынан кешипти. Ќәне, айтшы, олардың қайсысы оны кѳбирек сүйеди? – деди. 43 Симон: – Мениң ойымша: қарызы кѳбирек кеширилгени, – деп жуўап берди. – Дурыс айтасаң, – деди Ийса оған. 44 Соңынан ҳаялға бурылып, Симонға: – Бул ҳаялды кѳрип турсаң ба? Үйиңе келгенимде, сен Маған аяқларымды жуўатуғын суў да бермедиң. Ал ол кѳз жаслары менен аяқларымды жуўып, шашлары менен сүртти. 45 Сен Мени сүймедиң, ал ол Мен келгеннен бери аяқларымды тоқтамастан сүйип атыр. 46 Сен басыма май да жақпадың, ал ол аяқларыма ийис май жақты. 47 Сонлықтан саған айтатуғыным: оның кѳп гүналары кеширилди. Сүйиспеншилигиниң күшли болыўының себеби – сол. Ким аз кеширилсе, сол аз сүйеди, – деди. 48 Соңынан ҳаялға: – Гүналарың кеширилди, – деди. 49 Сонда Ийса менен бирге дастурхан басында отырғанлар ѳз ара: – Гүналарды да кеширетуғын бул ким ѳзи? – дести. 50 Ал Ийса ҳаялға: – Исенимиң сени қутқарды, тынышлық пенен бара бер, – деди.
1 Соңынан Ийса қала ҳәм аўылларды аралап, Ќудай Патшалығының Хош Хабарын жәриялап жүрди. Ийса менен бирге он еки шәкирти, 2 және де, жаўыз руўхлардан ҳәм аўырыўлардан азат болған бир неше ҳаяллар да болды. Олар: ишинен жети жин шыққан магдалалы деп аталған Мәриям, 3 Ҳиродтың сарай басқарыўшысы Хузаның ҳаялы Юханна, Сузанна ҳәм басқа да кѳплеген ҳаяллар Ийсаға ҳәм Оның шәкиртлерине ѳз мал-мүлки менен хызмет ететуғын еди. 4 Ҳәр түрли қалалардан адамлар келип, кѳп халық жыйналғанда, Ийса тымсал менен сѳз баслады: 5 – Бир туқым себиўши ѳз туқымын себиўге шығыпты. Ол сепкенде, туқымлардың гейбиреўлери жол шетине түсип, аяқ астында басылып қалыпты. Аспандағы қуслар оларды шоқып, жеп қойыпты. 6 Гейбиреўлери таслақ жерге түсип, кѳгерип шығыпты. Бирақ ығаллық аз болғанлықтан, қуўрап қалыпты. 7 Гейбиреўлери тикенлер арасына түсип, тикенлер олар менен бирге ѳсип, туншықтырып таслапты. 8 Ал басқалары ѳнимли жерге түсип, ѳсип шығыпты ҳәм жүз есе зүрәәт берипти. Ийса усыларды айтып болғаннан соң даўыслап: – Ќулағы бар жақсылап еситип алсын! – деди. 9 Шәкиртлери Ийсадан: – Бул тымсал нени аңлатады? – деп сорады. 10 Ийса оларға былай деди: – Ќудай Патшалығының сырларын билиў сизлерге берилген, ал басқаларға тымсал менен айтылады. Сонлықтан да: «Олар қараса да, кѳрмейди, Еситсе де, түсинбейди». 11 – Ал бул тымсалдың мәниси мынадай: туқым – бул Ќудайдың сѳзи. 12 Жол шетине түскенлери мынадай адамларды билдиреди: олар сѳзди еситеди, бирақ соң шайтан келип, олардың жүреклериндеги сѳзди алып кетеди. Сонлықтан олар исене алмайды ҳәм қутқарылмайды. 13 Таслақ жерге түскенлери мынадай адамларды билдиреди: олар сѳзди еситип, қуўаныш пенен қабыл етеди, бирақ тамырсыз болғанлықтан ўақытша ғана исенип, сынаў ўақты келгенде исенимнен қайтады. 14 Ал тикенлер арасына түскенлери мынадай адамларды билдиреди: олар сѳзди еситеди, бирақ ѳмирдиң тәшиўишлери, байлық ҳәм ҳәзликлер астында туншығып, олардың зүрәәти писпей қалады. 15 Ал ѳнимли топыраққа түскенлери мынадай адамларды билдиреди: олар сѳзди еситип, жақсы ҳәм пәк кеўиллеринде сақлап, шыдамлылық пенен зүрәәт береди. 16 Ҳеш ким шыраны жағып, оны ыдыс пенен жаўып ямаса кәттиң астына қоймайды. Керисинше, киргенлер жақтылық кѳрсин деп, оны шыра қойғышқа қояды. 17 Ѳйткени ашылмайтуғын ҳеш қандай сыр, мәлим ҳәм әшкара болмайтуғын ҳеш қандай жасырын нәрсе жоқ. 18 Сонлықтан қалай тыңлап атырғаныңызға дыққат аўдарыңлар! Себеби кимде бар болса, оған қосымша бериледи, ал кимде жоқ болса, оның ѳзимде бар деп ойлап жүрген нәрсеси де тартып алынады. 19 Ийсаға анасы ҳәм туўысқанлары келди. Бирақ халық кѳп болғанлықтан, Оған жақынлай алмады. 20 Адамлар Ийсаға: – Анаң менен туўысқанларың Сени кѳрмекши болып, сыртта тур, – деп хабарлады. 21 Ийса оларға жуўап берип: – Кимлер Ќудайдың сѳзин тыңлап, оны орынласа, Мениң анам да, туўысқанларым да солар, – деди. 22 Күнлердиң биринде Ийса шәкиртлери менен қайыққа минип, оларға: – Кѳлдиң арғы жағасына ѳтейик, – деди. Солай етип, олар жѳнеп кетти. 23 Олар қайықта жүзип баратырғанда, Ийса уйықлап қалды. Кѳлде күшли даўыл турып, қайық суўға тола баслады ҳәм олар қәўип астында қалды. 24 Шәкиртлери Ийсаның қасына барып: – Устаз! Устаз! Набыт болажақпыз! – деп, Оны оятты. Ийса орнынан турды да, самалға ҳәм толқынласып турған суўға тыйым салды. Сонда олар тынып, әтирап тым-тырыс болды. 25 Ийса шәкиртлерине: – Исенимиңиз қәне? – деди. Олар қорқысып, аң-таң болысып, бир-бирине: – Бул ким Ѳзи? Ол самал менен суўға буйрық бергенде, олар Оған бойсынады-ғо! – дести. 26 Олар Галиланың қарсысында жайласқан Гадара үлкесине қайық пенен жүзип барды. 27 Ийса жағаға шығыўы менен, Оған қаладан келген, жинге шалынған бир адам гезлести. Бул адам кѳп ўақытлардан бери кийим киймей ҳәм үйде жасамай, қәбирстанда жасайтуғын еди. 28 Ол Ийсаны кѳргенде қышқырып жиберди ҳәм Ийсаның алдына жығылып, қатты даўыс пенен: – Ќүдиретли Ќудайдың Улы – Ийса! Мениң менен не жумысың бар. Ѳтинемен, мени қыйнама! – деди. 29 Ѳйткени Ийса жаўыз руўхқа бул адамнан шығып кетиўди буйырған еди. Жаўыз руўх оны тез-тез тутып турғанлықтан, адамлар оны шынжыр менен байлап, кисен салып қараўыллайтуғын еди. Бирақ ол ҳәммесин үзип, жин тәрепинен шѳлистанға айдап алып кетилетуғын еди. 30 Ийса оннан: – Атың ким? – деп сорады. – Үлкен топар, – деп жуўап берди ол. Себеби оның ишине кѳп жин кирген еди. 31 Жинлер Ийсадан ѳзлерин туңғыйыққа жибермеўин ѳтинди. 32 Сол жердеги таўдың етегинде үлкен шошқа падасы жайылып жүрген еди. Жинлер Ийсадан шошқаларға кириўге рухсат бериўин ѳтинди. Ийса оларға рухсат етти. 33 Сонда жинлер адамнан шығып, шошқаларға кирди. Шошқа падасы жуўырысып, тик жардан кѳлге түсти де, батып кетти. 34 Болған ўақыяны кѳрген шошқа бағыўшылар қашып кетип, қала ҳәм аўылларға барып хабарлады. 35 Адамлар болған ўақыяны кѳриў ушын Ийсаның жанына келди. Олар ишинен жинлер шыққан адамның ақыл-еси кирип, кийинип, Ийсаның аяқ бетинде отырғанын кѳргенде қорқып қалысты. 36 Ўақыяны ѳз кѳзлери менен кѳргенлер жин урған адамның қалай шыпа тапқанын оларға айтып берди. 37 Сонда Гадара әтирапынан келген пүткил халықтың зәррелери ушып, Ийсадан олардың үлкесинен кетиўин ѳтинди. Ийса қайыққа минип, қайтып кетти. 38 Ал жинлерден азат болған адам Ийсаға: – Сениң менен бирге болайын, – деп жалынды. Бирақ Ийса оған: 39 – Үйиңе қайтып, Ќудайдың саған не ислегенин айтып бер, – деп оны жиберди. Ол барып, Ийсаның оған не ислегенин пүткил қалаға жәриялады. 40 Ийса қайтып келгенде, халық Оны қуўаныш пенен қабыл алды. Ѳйткени ҳәмме Оны күтип турған еди. 41 Сонда мәжилисхананың баслығы болған Яир атлы бир адам келип, Ийсаның аяғына жығылды да, үйине кириўин ѳтинди. 42 Себеби оның он еки жаслар шамасындағы жалғыз қызы ѳлим тѳсегинде жатыр еди. Ийса жүрип киятырғанда, халық Оны жән-жағынан қысып баратыр еди. 43 Сол жерде он еки жыл бойы қан кетип аўырып, ҳеш кимнен шыпа таба алмаған бир ҳаял бар еди. 44 Ҳаял Ийсаның арт бетинен жақынлап келип, Оның кийиминиң шетине қолын тийгизди. Сол ўақытта-ақ ҳаялдың қан кетиўи тоқтады. 45 Сонда Ийса: – Маған ким қолын тийгизди? – деп сорады. Ҳеш ким мойнына алмағаннан соң, Петр: – Устаз! Халық Сени қоршап, жән-жағыңнан қысып тур-ғо, – деди. 46 Бирақ Ийса оған: – Маған биреў қолын тийгизди, ѳйткени Мен Ѳзимнен бир күш шыққанын сездим, – деди. 47 Ҳаял жасырына алмайтуғынын билип, қалтырап Ийсаның алдына келди де, Оның аяғына жығылды. Ѳзиниң қандай себеп пенен Оған қолын тийгизгенин ҳәм сол ўақытта-ақ қалай шыпа тапқанын пүткил халық алдында айтып берди. 48 Ийса оған: – Ќызым! Исенимиң сени қутқарды, тынышлық пенен бара бер, – деди. 49 Ийса усы сѳзлерди айтып турғанда мәжилисхана басшысының үйинен биреў келип, Яирға: – Ќызыңыз ѳлди, енди Устаздың тынышын алмаң, – деди. 50 Бирақ Ийса буны еситип, оған: – Ќорқпа, тек исен, қызың шыпа табады, – деди. 51 Ийса үйге келгенде, Петр, Юхан, Яқып ҳәм қыздың ата-анасынан басқа ҳеш кимниң Ѳзи менен бирге ишке кириўине рухсат бермеди. 52 Ҳәмме қызды азалап, жылап турған еди. Бирақ Ийса: – Жыламаңлар, ол ѳлген жоқ, тек уйықлап атыр, – деди. 53 Олар қыздың ѳлгенин билип, Ийсаның үстинен күлди. 54 Ийса қыздың қолынан услады да, даўыслап: – Ќызалақ, орныңнан тур! – деди. 55 Ќыздың жаны қайтып кирип, ол дәрриў орнынан турды. Ийса оған жеў ушын бир нәрсе бериўди тапсырды. 56 Ќыздың ата-анасы аң-таң болды, бирақ Ийса оларға болған ўақыя ҳаққында ҳеш кимге айтпаўын буйырды.
1 Ийса қасына он еки елшисин шақырып алып, оларға барлық жинлерди қуўып шығарыўға ҳәм аўырыўларға шыпа бериўге күш ҳәм бийлик берди. 2 Ќудай Патшалығын жәриялап, аўырыў адамларға шыпа бериў ушын оларды жиберип, 3 Ийса былай деди: – Жолға ҳеш нәрсе: таяқ та, қалта да, нан да, ақша да, артық кийим де алмаңлар. 4 Ќайсы үйге кирсеңлер де, ол жерден кеткениңизше, сол үйде болыңлар. 5 Егер бир қалада сизлерди қабыл алмаса, сол қаладан шығып баратырып, оларға ескертиў ретинде аяқларыңыздағы шаңды қағып кетиңлер. 6 Шәкиртлер жолға шықты. Олар ҳәмме жерде Хош Хабарды жәриялады ҳәм аўырыўларға шыпа берип, аўылларды аралап жүрди. 7 Үлке ҳүкимдары Ҳирод болып атырған барлық ўақыялар ҳаққында еситип, тынышсызланып қалды. Себеби гейбиреўлер: «Яқыя ѳлимнен қайта тирилипти» десе, 8 басқалар: «Илияс пайда болыпты» деп, және биреўлер: «Бурынғы пайғамбарлардың бири тирилипти», – дейтуғын еди. 9 Ал Ҳирод: «Яқыяның басын кестирген едим-ғо. Енди мынадай ислерди ислеп атыр деп, мен еситкен Адам ким болды екен?» – деп Ийсаны кѳриўдиң жолын излестирди. 10 Елшилер қайтып келип, ислеген ҳәмме ислери ҳаққында Ийсаға айтып берди. Ийса Ѳзи менен бирге тек оларды ғана алып, Бетсайда деп аталған қалаға кетти. 11 Бирақ халық буны билип, Ийсаның изинен келди. Ийса оларды жақсы қабыл алып, оларға Ќудай Патшалығы ҳаққында айтты ҳәм шыпаға мүтәж адамларға шыпа берди. 12 Күн кеш бола баслағанда, он еки елшиси Ийсаның алдына келип: – Халықты жибер. Єтираптағы аўыл-елатларға барып, түнейтуғын жер менен азық-аўқат тапсын. Ѳйткени бизлер бир елсиз жердемиз-ғо, – деди. 13 Бирақ Ийса оларға: – Оларға сизлер аўқат бериңлер, – деди. – Бизлер барып, сонша адамға азық сатып алмасақ, бес нан менен еки балықтан басқа ҳеш нәрсемиз жоқ, – деди шәкиртлери. 14 Себеби ол жерде бес мыңға шамалас ер адам бар еди. Ийса шәкиртлерине: – Оларды елиў-елиўден топқа бѳлип отырғызыңлар, – деди. 15 Шәкиртлери солай ислеп, ҳәммесин жерге отырғызды. 16 Ийса бес нан менен еки балықты алды да, аспанға қарап, олар ушын Ќудайға шүкирлик етти. Оларды сындырып, халыққа тарқатыў ушын, шәкиртлерине берди. 17 Ҳәмме жеп тойды. Аўысқан бѳлеклерин жыйнап, үлкен он еки себет толтырды. 18 Күнлердиң биринде Ийса аўлақ жерде дуўа етип турғанда, шәкиртлери де Оның менен бирге еди. Ийса олардан: – Халық Мени ким деп санайды? – деп сорады. 19 Шәкиртлери жуўап берип былай деди: – Шомылдырыўшы Яқыя деп санайды, ал базылары Илияс, және басқалары: «Бурынғы пайғамбарлардың бири тирилип келипти», – деседи. 20 Ийса олардан: – Ал сизлер Мени ким деп санайсызлар? – деп сорады. Петр Оған: – Сен – Ќудайдың жиберген Масихысаң, – деп жуўап берди. 21 Ийса бул туўралы ҳеш кимге айтпаўларын оларға қатаң ескертти де: 22 – Адам Улы кѳп азап шегип, ақсақаллар, бас руўханийлер ҳәм диний муғаллимлер тәрепинен қабыл алынбай ѳлтирилиўи ҳәм үшинши күни қайта тирилиўи тийис, – деди. 23 Сонда Ийса ҳәммеге былай деди: – Ким де ким Маған ергиси келсе, ѳзинен кешсин ҳәм ҳәр күни ѳз атанақ ағашын арқалап, Мениң изиме ерсин. 24 Ким де ким ѳз жанын сақламақшы болса, оны жоғалтады, ал ким де ким ѳз жанын Мен ушын жоғалтса, ол оны сақлап қалады. 25 Егер адам пүткил дүньяны ийелегени менен, ѳз жанын жойтып, ѳзине зыян келтирсе, буннан оған не пайда? 26 Ким де ким Меннен ҳәм Мениң сѳзлеримнен арланса, Адам Улы да Ѳзиниң, Єкесиниң ҳәм мухаддес периштелердиң салтанатында келгенде, оннан арланады. 27 Сизлерге шынын айтаман: бул жерде турғанлардың гейбиреўлери Ќудай Патшалығын кѳрмегенше, ѳлмейди. 28 Бул сѳзлерди айтқаннан соң сегиз күндей ѳткенде, Ийса Петр, Юхан ҳәм Яқыпты қасына алып, дуўа етиў ушын таўға шықты. 29 Ийса дуўа еткенде, Оның түр-түси ѳзгерди, кийимлери де аппақ түске енип, жарқырап кетти. 30 Сонда еки ер адам Оның менен сѳйлесип турған еди. Олар: Муўса менен Илияс еди. 31 Олар уллы салтанат пенен кѳринип, Ийсаның жақында Ерусалим қаласында дүньядан ѳтип, Ќудайдың еркин орынлаўы тийис екени ҳаққында сѳйлести. 32 Ал Петр менен оның қасындағыларды күшли уйқы басқан еди. Олар оянып кетип, Ийсаның уллылығын ҳәм Оның менен турған еки ер адамды кѳрди. 33 Олар Ийсаның жанынан кете баслағанда, Петр Ийсаға: – Устаз, бул жерде болғанымыз қандай жақсы! Бизлер үш қос қурайық: биреўин Саған, биреўин Муўсаға, биреўин Илиясқа, – деди. Ол не айтқанын ѳзи билмеди. 34 Петр усыларды айтып турғанда бир булт пайда болып, оларды қаплады. Шәкиртлер булт ишине киргенде қорқысып қалды. 35 Сонда булттан: – Бул – Мениң таңлап алған Улым, Оның айтқанын тыңлаңлар! – деген саза еситилди. 36 Даўыс тынып қалғаннан соң, Ийсаның жалғыз Ѳзи қалды. Шәкиртлери тис жарып, кѳргенлери ҳаққында сол күнлери ҳеш кимге айтпады. 37 Келеси күни олар таўдан түскенде, Ийсаны кѳп халық күтип алды. 38 Күтилмегенде халық арасынан биреў бақырып: – Устаз, Сеннен ѳтинип сорайман, мениң балама бир нәзер сала гѳр! Ол мениң жалғыз балам еди. 39 Баламды жаўыз руўх тутқанда, ол бирден қышқырып жибереди. Жаўыз руўх оны қалтыратып, аўзынан кѳбик ағызады да, азаплап болғаннан соң, зорға дегенде оннан кетеди. 40 Мен Сениң шәкиртлериңнен жаўыз руўхты қуўып шығарыўды ѳтинген едим, бирақ олардың қолынан келмеди, – деди. 41 Ийса жуўап берип: – Ҳәй, исенбейтуғын, адасқан әўлад! Мен қашанға дейин сизлер менен бирге болып, сизлерге шыдайман? Балаңды бул жерге алып кел, – деди. 42 Бала киятырғанда жин оны жерге жығып, қалтырата баслады. Бирақ Ийса жаўыз руўхқа тыйым салып, балаға шыпа берди ҳәм оны әкесине тапсырды. 43 Ҳәмме Ќудайдың уллылығына таң қалысты. Халық Ийсаның барлық ислерине ҳайран қалысып турғанда, Ийса Ѳз шәкиртлерине: 44 – Мына сѳзлеримди қулақларыңызға қуйып алыңлар: Адам Улы адамлардың қолына услап бериледи, – деди. 45 Бирақ олар бул сѳздиң мәнисин түсинбеди. Оның мәниси оларға жасырын болғанлықтан, олар оны уға алмады. Ал бул сѳз туўралы Ийсадан сораўға қорқты. 46 Шәкиртлер ѳз ара: – Ќайсы биримиз уллымыз? – деп тартыса баслады. 47 Ийса олардың кеўиллериндеги ойды билип, бир кишкене баланы алды да, оны жанына қойып, 48 оларға былай деди: – Ким де ким бул баланы Мениң атым ушын қабыл етсе, оның Мени қабыл еткени болады. Ал ким де ким Мени қабыл етсе, оның Мени Жибергенди қабыл еткени болады. Ѳйткени араңызда ким ең кишкене болса, сол ең уллы болады. 49 Сонда Юхан: – Устаз! Сениң атың менен жинлерди қуўып шығарып жүрген бир адамды кѳрдик. Бирақ ол бизлер менен бирге Саған ермегенликтен, оған тыйым салдық, – деди. 50 Ийса Юханға: – Оған тыйым салмаңлар. Себеби ким де ким сизлерге қарсы болмаса, ол сизлердиң тәрепдарыңыз, – деди. 51 Ийсаның бул дүньядан аспанға алынатуғын күнлери жақынлағанда, Ол Ерусалимге барыўға қарар етти. 52 Ол алдынан хабаршыларын жиберди. Олар барып, Ийсаның келиўине таярлық кѳриў ушын, Самарияның бир аўылына кирди. 53 Бирақ Ийса Ерусалимге қарай баратырғанлықтан, ол жерде Оны қабыл етпеди. 54 Шәкиртлери Яқып пенен Юхан буны кѳрип: – Ийем! Буларды жоқ қылып жибериў ушын, аспаннан от түсиўин буйырыўымызды қәлейсең бе? – деди. 55 Бирақ Ийса бурылып, оларға кейиди. 56 Соңынан олар басқа аўылға кетти. 57 Олар жолда киятырғанда, биреў Ийсаға: – Сен қаяққа барсаң да, мен Саған еремен, – деди. 58 Ийса оған: – Түлкилердиң инлери, аспандағы қуслардың уялары бар. Бирақ Адам Улының бас паналайтуғын орны да жоқ, – деди. 59 Ал басқа биреўине: – Мениң изиме ер, – деди. Бирақ ол: – Ийем! Дәслеп барып, әкемди жерлеўиме рухсат ет, – деди. 60 Ийса оған: – Ѳз ѳлгенлерин жерлеўди ѳлилерге қалдыр. Ал сен барып, Ќудайдың Патшалығы туўралы жәрияла, – деди. 61 Және биреў Ийсаға: – Ийем, мен Сениң изиңе еремен, бирақ дәслеп үй-ишим менен хошласып келиўиме рухсат ет, – деди. 62 Бирақ Ийса оған: – Атызды сүриўди баслап, артына қарай беретуғын адам Ќудайдың Патшалығына ылайықлы емес, – деди.
1 Буннан кейин, Ийемиз Ийса басқа жетпис еки шәкиртин таңлап алып, Ѳзи барғысы келип жүрген ҳәр бир қала ҳәм орынларға оларды екеў-екеўден Ѳзинен бурын жиберип атырып 2 былай деди: – Орылатуғын егин кѳп, бирақ жумысшылар аз. Сонлықтан зүрәәттиң ийеси болған Ийемизден Ѳзиниң атызына егинди оратуғын жумысшылар жибериўин дуўа етип сораңлар. 3 Барыңлар! Мине, Мен сизлерди қозыларды қасқырлардың арасына жибергендей, жиберип атырман. 4 Шыжлан да, дорба да, аяқ кийим де алмаңлар, жолда ҳеш кимге сәлем де бермеңлер. 5 Ќайсы үйге кирсеңлер де, дәслеп: «Бул үйде аманлық болсын!» – деп сәлем бериңлер. 6 Егер сол үйде аманлықты сүйиўши адам болса, сизлер тилеген аманлық сол адамда қалады, ал егер болмаса, ѳзлериңизге қайтады. 7 Сол үйде қалып, бергенин ишип жеңлер. Ѳйткени мийнет еткен адам ѳз мийнет ҳақысына ылайықлы. Үйден-үйге кѳшип жүрмеңлер. 8 Егер қандай да бир қалаға келгениңизде сизлерди қабыл етсе, бергенин жеңлер. 9 Сол жердеги аўырыў адамларға шыпа берип, оларға: «Сизлерге Ќудай Патшалығы жақынлады», – деңлер. 10 Бирақ қандай да бир қалаға келгениңизде сизлерди қабыл етпесе, кѳшеге шығып: 11 «Ќалаңыздан аяқларымызға жуққан шаңды да сизлерге ескертиў ретинде қағып таслаймыз. Бирақ билип қойыңлар, Ќудай Патшалығы жақынлады», – деп айтыңлар. 12 Сизлерге айтатуғыным: ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күни Содом қаласының аўҳалы сол қаланың аўҳалынан жеңилирек болады. 13 – Ҳәсирет шегесең, Хоразин! Ҳәсирет шегесең, Бетсайда! Егер сизлерде исленген кәраматлар Тир ҳәм Сидон қалаларында исленгенинде, олар әлле қашан бетин тырнап, шашын жулып қайғырып, тәўбе етер еди. 14 Бирақ ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде Тир менен Сидонның аўҳалы сизлердиң аўҳалыңыздан жеңилирек болады. 15 Ҳәй сен, Капарнаҳум, аспанға кѳтерилесең бе? Яқ, дозаққа қулатыласаң. 16 Ийса шәкиртлерине және былай деди: – Ким де ким сизлерди тыңласа, оның Мени тыңлағаны болады. Ким де ким сизлерди қабыл алмаса, оның Мени қабыл алмағаны болады. Ал ким де ким Мени қабыл алса, оның Мени Жибергенди қабыл алғаны болады. 17 Ийсаның жетпис еки шәкирти қуўаныш пенен қайтып келип: – Ийем! Сениң атыңды тилге алсақ, жинлер де бизлерге бойсынады, – деди. 18 Ийса оларға: – Шайтанның жылдырым сыяқлы аспаннан түскенин кѳрдим. 19 Минекей, Мен сизлерге жыланлар менен шаянларды аяқ асты қылып, душпанның пүткил күш-қүдиретин жеңиўге бийлик бердим. Сизлерге ҳеш нәрсе зыянын тийгизе алмайды. 20 Бирақ жаўыз руўхлардың сизлерге бойсынғанына емес, ал атларыңыздың аспанда жазылғанына қуўаныңлар, – деди. 21 Сонда Ийса Мухаддес Руўхтан шадланып былай деди: – О, Єке, аспан ҳәм жердиң Ийеси! Буларды даналардан ҳәм ақыллылардан жасырып, нәрестедей адамларға ашып билдиргениң ушын, Сени мақтайман! Аўа, Єке! Себеби Сениң қәлеўиң усындай еди. 22 Маған ҳәммеси Єкемнен берилген. Улдың ким екенин Єкеден басқа ҳеш ким билмейди. Єкениң ким екенин де тек ғана Улы ҳәм Улы таңлап ашып билдиргиси келгенлер ғана биледи. 23 Соңынан Ийса бурылып, шәкиртлерине аўлақта былай деди: – Сизлердиң кѳрип атырғаныңызды кѳрип турған кѳзлер бахытлы! 24 Мениң сизлерге айтатуғыным: қаншама пайғамбарлар менен патшалар сизлердиң кѳргенлериңизди кѳргиси келген еди, бирақ кѳрмеди. Еситкенлериңизди еситкиси келген еди, бирақ еситпеди. 25 Сонда бир нызам муғаллими орнынан турып, Ийсаны сынап кѳриў ушын, Оннан: – Устаз, мәңгилик ѳмирди алыўым ушын не қылыўым керек? – деп сорады. 26 Ийса оған: – Мухаддес Нызамда не деп жазылған? Сен оны қалай түсинесең? – деди. 27 Ол жуўап берип: – «Ийең болған Ќудайыңды пүткил жүрегиң, пүткил жаның, пүткил күшиң ҳәм пүткил ақыл-ойың менен сүй». Және де: «Ѳзиңди сүйгениң сыяқлы, жақыныңды да сүй», – делинген, – деди. 28 Ийса оған: – Дурыс жуўап бердиң, усылай исле, сонда жасайсаң, – деди. 29 Бирақ ол ѳзин ақлағысы келип, Ийсадан: – Мениң жақыным ким? – деп сорады. 30 Ийса оған былай деп жуўап қайтарды: – Бир адам Ерусалимнен Ерихоға киятырып, қарақшылардың қолына түсип қалыпты. Ќарақшылар оның кийимлерин шешип алып, оны сабап, ѳлимши етип таслап кетипти. 31 Сонда бир руўханий сол жол менен жүрип, оны кѳрип, басқа жаққа бурылып кетипти. 32 Бир лебийли де сол жерге келип, оны кѳрип, басқа жаққа бурылып кетипти. 33 Бирақ сол жерден ѳтип баратырған самариялы бир адам ол жатырған жерге келип, оны кѳргенде жаны ашыпты ҳәм 34 жанына барып, жарақатларын май ҳәм шарап пенен жуўып таңыпты. Оны ешегине мингизип, мийманханаға алып келип, оған ғамхорлық кѳрсетипти. 35 Ертеңине еки динар шығарып, мийманхана ийесине берипти де: «Оған жақсылап қара. Егер буннан артық ғәрежет шығарсаң, қайтып келгенимнен соң тѳлеймен», – депти. 36 Енди усы үшеўиниң ишинде қайсысы қарақшылардың қолына түскен адамның жақыны болады, деп ойлайсаң? 37 Нызам муғаллими: – Оған мийримлилик кѳрсеткени, – деди. Ийса оған: – Бар, сен де усылай исле, – деди. 38 Олар жол жүрип киятырғанда, Ийса бир аўылға кирди. Бул жерде Марта атлы бир ҳаял Оны үйине қабыл етти. 39 Мартаның Мәриям деген сиңлиси бар еди. Ол Ийсаның аяқ бетинде отырып, Оның сѳзлерин тыңлады. 40 Ал Марта қонақ күтиў менен бәнт болды. Ол Ийсаға келип: – Ийем, сиңлимниң ҳәмме исти мениң бир ѳзиме қалдырғанына қарамайсаң ба? Оған айт, маған жәрдемлессин, – деди. 41 Бирақ Ийса оған жуўап берип: – Марта, Марта, сен кѳп нәрселерди уўайымлап, тәшиўишленесең. 42 Тек бир нәрсе ғана зәрүр-ғо. Мәриям дурыс жолды таңлады, бул оннан тартып алынбайды, – деди.
1 Күнлердиң биринде Ийса бир жерде дуўа етип турған еди. Дуўа етип болғаннан соң, шәкиртлериниң бири Оған: – Ийем! Яқыя ѳз шәкиртлерине дуўа етиўди үйреткениндей, Сен де бизлерге дуўа етиўди үйрет, – деди. 2 Ийса оларға былай деди: – Дуўа еткениңизде былай деңлер: Єке! Сениң атың мухаддес бола берсин. Сениң Патшалығың келсин. 3 Бизлерге ҳәр күни күнделикли нанымызды бере гѳр. 4 Гүналарымызды кешире гѳр. Ѳйткени бизлер де ѳзлеримизге гүна қылған ҳәр бир адамды кеширемиз. Бизлердиң азғырылыўымызға жол қойма. 5 Ийса оларға және былай деди: – Айтайық, араңыздағы бириңиздиң достысы бар. Ол ярым ақшамда достысына барып: «Достым! Маған қарызға үш нан берип тур. 6 Себеби сапарда жүрген бир достым келип еди, оның алдына қоятуғын ҳеш нәрсем жоқ», – депти. 7 Сонда достысы иштен: «Мениң тынышымды алма. Есигим беклеўли. Балаларым да мениң менен бирге тѳсекте жатыр. Орнымнан турып, саған ҳеш нәрсе бере алмайман», – деп жуўап берипти. 8 Бирақ сизлерге айтатуғыным: орнынан турып, досты болғаны ушын сорағанын бермесе де, изинен қалмай сорағаны себепли ол орнынан турып, қанша сораса, сонша береди. 9 Сонлықтан сизлерге айтатуғыным: сораңлар, сизлерге бериледи. Излеңлер, табасызлар. Есикти қағыңлар, ол сизлерге ашылады. 10 Ѳйткени сораған ҳәр бир адам алады, излеген табады, есик қаққанға ашылады. 11 Араңызда қайсы әке баласы балық сораса, оған балық орнына жылан береди? 12 Мәйек сораса, оған шаян береди? 13 Солай етип, ѳзлериңиз жаман бола тура, ѳз балаларыңызға жақсы сыйлар бериўди билсеңиз, аспандағы Єке де Ѳзинен сорағанларға Мухаддес Руўхты бериўи сѳзсиз. 14 Бир күни Ийса бир адамнан гүңелек жинди қуўып шығарды. Жин шыққаннан соң, гүңелек адам сѳйлей баслағанда, халық ҳайран қалды. 15 Бирақ олардың гейбиреўлери: «Ол жинлерди жинлердиң баслығы Белзебүл-шайтанның күши менен қуўып шығарып жүр», – дести. 16 Ал басқалары Ийсаны сынап кѳрмекши болып, аспаннан кәраматлы белги кѳрсетиўин талап етти. 17 Бирақ Ийса олардың ойларын билип, былай деди: – Ѳз ара қарсы болып бѳлинген ҳәр бир патшалық жоқ болады. Ѳз ара қарсы болып бѳлинген ҳәр бир үй қулайды. 18 Егер шайтан ѳз ара қарсы болып бѳлинсе, оның патшалығы қалай сақланады? Сизлер Мени: «Жинлерди Белзебүл-шайтанның күши менен қуўып шығарып жүр», – дейсизлер. 19 Егер Мен жинлерди Белзебүл-шайтанның күши менен қуўып шығаратуғын болсам, онда сизлердиң шәкиртлериңиз оларды кимниң күши менен қуўып шығарып жүр? Солай етип, олар сизлердиң надурыс екениңизди әшкаралайды. 20 Бирақ, егер Мен жинлерди Ќудайдың күши менен қуўып шығарып атырған болсам, онда сизлерге Ќудай Патшалығының жетип келгени. 21 Тис-тырнағына дейин қуралланған бир күшли адам ѳз үйин қорғаса, оның мал-мүлки аман болады. 22 Ал оннан да күшлирек биреў оған ҳүжим жасап, оны жеңсе, оның исенген барлық қуралларын тартып алып, олжасын бѳлистиреди. 23 Ким де ким Мениң менен бирге болмаса, ол Маған қарсы. Ким де ким Мениң менен бирге жыйнамаса, ол шашады. 24 Жаўыз руўх адамнан шыққаннан кейин суўсыз жерлерди гезип, дем алыўға орын излейди. Таба алмағаннан соң, ол: «Шыққан үйиме қайтайын», – дейди. 25 Ќайтып келгенде, үйдиң тазаланып ҳәм жыйналып турғанын кѳреди. 26 Сонда ол барып, ѳзинен де жаўыз жети руўхты ертип келеди де, кирип сол үйде турады. Солай етип, сол адамның соңғы аўҳалы бурынғыдан да жаман болады. 27 Ийса усыларды айтып турғанда халық ишинен бир ҳаял даўыслап, Оған: – Сени кѳтерген қурсақ ҳәм Сени емизген кѳкиреклер қандай бахытлы! – деди. 28 Бирақ Ийса оған: – Ќудайдың сѳзин тыңлап, оны орынлаўшылар оннан да бахытлы! – деди. 29 Халық жыйналып, кѳбейип атырғанда, Ийса оларға былай деп айта баслады: – Бул әўлад – жаман әўлад! Ол кәраматлы белги талап етпекте. Бирақ оған Юнустың кәраматлы белгисинен басқасы кѳрсетилмейди. 30 Юнус Ниневия турғынлары ушын қандай белги болса, Адам Улы да бул әўлад ушын сондай белги болады. 31 Ќубладағы ҳаял патша ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде усы әўладтың адамлары пенен бирге турып, оны айыплайды. Себеби ол Сулайманның даналығын еситиў ушын, жер бетиниң арғы шетинен келген-ғо. Бирақ бул жерде Сулайманнан да уллы Биреў бар. 32 Ниневия турғынлары ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде усы әўлад пенен бирге турып, оны айыплайды. Ѳйткени Юнус жәриялағанда, олар тәўбе еткен-ғо. Бирақ бул жерде Юнустан да уллы Биреў бар. 33 – Ҳеш ким де шыраны жағып, оны жасырын жерге ямаса ыдыстың астында қоймайды. Керисинше, киргенлер жақтыны кѳрсин деп, оны шыра қойғышқа қояды. 34 Кѳзиң – денеңниң шырағы. Егер кѳзиң саў болса, пүткил денең де жарық болады. Егер кѳзиң саў болмаса, денең де пүткиллей қараңғы болады. 35 Сонлықтан да, абайла, ишиңдеги жарық қараңғы болмасын! 36 Егер пүткил денең жарық болып, ҳеш бир қараңғы жери болмаса, шыра сени ѳз нуры менен жақты қылғаны сыяқлы, денең пүткиллей жарық болады. 37 Ийса усы сѳзлерди айтып турғанда, бир парисей Оны үйине аўқатланыўға шақырды. Ийса оның үйине кирип, аўқатланыўға отырды. 38 Ийсаның аўқаттан бурын қол жуўмағанын кѳрип, парисей таң қалды. 39 Сонда Ийемиз оған: – Ҳәй парисейлер, сизлер табақ-кесениң сыртын тазалайсызлар, бирақ ѳз ишиңиз нәпсиқаўлық ҳәм жаўызлыққа толы. 40 Ҳәй, ақылсызлар, сыртын жаратқан ишин де жаратқан емес пе? 41 Жақсысы, ишиңиздегиден қайыр-садақа бериңлер, сонда сизлер ушын ҳәмме нәрсе таза болады. 42 Ҳәсирет шегесизлер, парисейлер! Сизлер жалбыз, ийисли шѳп ҳәм ҳәр түрли палыз ѳнимлериниң оннан бирин бересизлер, бирақ әдилликке ҳәм Ќудайдың сүйиспеншилигине бийпәрўа қарайсызлар. Буны да ислеп, оны да қалдырмаўыңыз керек еди-ғо. 43 Ҳәсирет шегесизлер, парисейлер! Сизлер мәжилисханаларда тѳрде отырыўды, базарда ѳзлериңизге сәлем берилиўин жақсы кѳресизлер. 44 Сизлер ҳәсирет шегесизлер! Себеби сизлер адамлар билмей үстилеринен басып ѳтетуғын белгисиз қәбирлерге уқсайсызлар, – деди. 45 Сонда нызам муғаллимлериниң бири Ийсаға: – Устаз! Сен бул сѳзлерди айтып, бизлерди де қапа қылып атырсаң, – деди. 46 Бирақ Ийса: – Сизлер де ҳәсирет шегесизлер, нызам муғаллимлери! Ѳйткени сизлер кѳтерип жүриўге қыйын жүклерди адамларға артып, ѳзлериңиз оларды кѳтерисиўге бармағыңызды да қозғамайсызлар. 47 Сизлер ҳәсирет шегесизлер! Себеби сизлер ата-бабаларыңыз ѳлтирген пайғамбарларға мазарлар орнатасызлар. 48 Солай етип, сизлер ата-бабаларыңыздың ислерин мақуллап, оларды дәлиллейсизлер. Олар пайғамбарларды ѳлтирген еди, ал сизлер оларға мазарлар орнатасызлар. 49 Сонлықтан да, Ќудайдың даналығы былай деген: «Мен оларға пайғамбарлар менен елшилерди жиберемен. Олар гейбиреўлерин ѳлтирип, гейбиреўлерин қуўғын қылады». 50 - 51 Сол себептен Абылдың қанынан баслап, қурбанлық шалынатуғын орын менен Ибадатхана арасында ѳлтирилген Зекерияның қанына дейин, дүнья жаратылғаннан бери тѳгилген барлық пайғамбарлардың қаны усы әўладтан талап етиледи. Аўа, сизлерге айтатуғыным: усы әўладтан талап етиледи! 52 Ҳәсирет шегесизлер, нызам муғаллимлери! Ѳйткени сизлер қутқарылыў ҳаққында билим қапысының гилтин тартып алдыңлар: бул қапыдан ѳзлериңиз де кирмедиңлер, кирмекши болғанларға да тосқынлық жасадыңлар, – деди. 53 Ийса сол жерден кетип баратырғанда, ашыўланған диний муғаллимлер менен парисейлер Оны қысқыға алып, кѳп сораўларға жуўап бериўге мәжбүрледи. 54 Олар Ийсаны сѳзинен тутып айыплаў ушын, Оны аңлыды.
1 Соның арасында кѳп мыңлаған адамлар жыйналып, бир-бирине тығылысып турды. Ийса алды менен Ѳз шәкиртлерине сѳз баслап, былай деди: – Парисейлердиң ашытқысынан, яғный еки жүзлиликтен сақ болыңлар! 2 Ашылмайтуғын ҳеш қандай сыр, билинбейтуғын ҳеш қандай жасырын нәрсе жоқ. 3 Сонлықтан қараңғыда айтқаныңыз жақтыда еситиледи, бекитиўли қапы артында қулаққа сыбырлап айтқаныңыз тамлардың тѳбесинен жәрияланады. 4 Мениң сизлерге, досларыма айтатуғыным: денени ѳлтирсе де, буннан соң басқа ҳеш нәрсе ислей алмайтуғынлардан қорқпаңлар! 5 Бирақ кимнен қорқыўыңыз керек екенин айтайын: ѳлтиргеннен кейин, дозаққа таслаўға қүдирети күшли Ќудайдан қорқыңлар. Аўа, сизлерге айтатуғыным: Оннан қорқыңлар. 6 Бес шымшық еки тийинға сатылмай ма? Солай болса да, олардың ҳеш бирин де Ќудай умытпайды. 7 Басларыңыздағы шашлардың бәри де Ќудайға санаўлы. Сонлықтан қорқпаңлар: кѳп шымшықлардан сизлер қымбатлырақсызлар-ғо. 8 Сизлерге айтатуғыным: ким де ким Мени адамлар алдында тән алса, Адам Улы да оны Ќудайдың периштелериниң алдында тән алады. 9 Ал ким де ким Мени адамлар алдында тән алмаса, оның ѳзи де Ќудайдың периштелериниң алдында тән алынбайды. 10 Адам Улына қарсы бир сѳз айтқан ҳәр бир адам кешириледи, бирақ Мухаддес Руўхқа тил тийгизген адам кеширилмейди. 11 Сизлерди мәжилисханаларға, басшыларға ҳәм ҳәкимлерге апарғанда, қалай жуўап бериўди ямаса не айтыўды қайғырмаңлар. 12 Себеби не айтыў керек екенин сизлерге сол ўақытта-ақ Мухаддес Руўх үйретеди. 13 Халық арасынан биреў Ийсаға: – Устаз, әжағама айт, мийрасты мениң менен бѳлиссин, – деди. 14 Ийса оған: – Ким Мени сизлерге қазы ямаса мийрасларды бѳлиўши етип қойды? – деди. 15 Соңынан халыққа: – Абайлаңлар, дүньяхорлықтан сақ болыңлар! Ѳйткени адамның ѳмири оның мал-мүлкиниң кѳплигине байланыслы емес, – деп, 16 оларға мынадай тымсал келтирди: – Бир бай адамның егислик жери мол зүрәәт берипти. 17 Ол ѳз-ѳзине: «Не ислесем екен? Ѳнимлеримди жыйнап қоятуғын жерим жоқ», – деп пикир жүргизипти. 18 Соңынан: – Былай ислеймен: ғәллеханаларымды бузып, оларды үлкейтип саламан ҳәм сол жерге барлық ғәллем менен мал-мүлкимди жыйнап қояман. 19 Соңынан ѳз жаныма былай деймен: «Жаным, кѳп жылға жететуғын мол дүньяң бар. Енди дем ал, ишип-жеп, кеўлиңди хошла», – депти. 20 Бирақ Ќудай оған: – Ҳәй, ақмақ, бүгин түнде сениң жаның алынады. Сонда сениң жыйнап-тергенлериң кимге қалады? – депти. 21 Ѳзи ушын байлық жыйнап, Ќудай алдында сықмар болған адамның аўҳалы усындай болады. 22 Ийса шәкиртлерине былай деди: – Сонлықтан сизлерге айтатуғыным: не жеймиз деп, жаныңыз ушын, не кийемиз деп, денеңиз ушын тәшиўишленбеңлер! 23 Жан аўқаттан, дене кийимнен артық-ғо. 24 Ѓарғаларға қараңлар: олар екпейди де, ормайды да. Олардың я дән сақлағышлары, я ғәллеханалары жоқ. Бирақ, Ќудай оларды асырайды. Ал сизлер қуслардан қаншелли қымбатлысызлар! 25 Тәшиўишлениў себепли, ким сизлердиң араңызда ѳз ѳмирин бир саатқа болса да узайта алады? 26 Егер усындай кишкене нәрсе қолыңыздан келмесе, басқа нәрселер ҳаққында тәшиўишлениўдиң неге кереги бар? 27 Лилия гүллериниң қалай ѳсип турғанына қараңлар! Олар мийнет те етпейди, жип те ийирмейди. Бирақ сизлерге айтатуғыным: Сулайман да ѳзиниң сән-салтанатында усылардың биреўиндей сәнли кийинбеген еди. 28 Егер бүгин далада ѳсип турғаны менен, ертең ошаққа тасланатуғын шѳпти Ќудай усылай кийиндирсе, сизлерди олардан да артық кийиндирмес пе еди, ҳәй, исеними азлар! 29 Сонлықтан да, не ишип, не жейтуғыныңызды излеп, тәшиўишленбеңлер. 30 Себеби усылардың бәрин бул дүньяның бутқа табыныўшылары излеп жүреди. Сизлердиң усыларға мүтәж екениңизди Єкеңиз биледи. 31 Оның орнына, Ќудай Патшалығын излеп жүриңлер, сонда булар сизлерге қосымша етип бериледи. 32 Ҳәй, кишкене пада, қорқпа! Єкеңиз сизлерге Патшалықты бериўди мақул тапты. 33 Мал-мүлкиңизди сатып, қайыр-садақа бериңлер. Ѳзлериңизге тозбайтуғын қалта ислеп, аспанда таўсылмайтуғын ғәзийне жыйнаңлар. Ол жерге уры да жақынламайды, күйе де түсип жемейди. 34 Ѳйткени байлықларыңыз қай жерде болса, кеўиллериңиз де сол жерде болады. 35 – Беллериңиз буўыўлы болып, шыраларыңыз жанып турсын! 36 Хожайыны неке тойдан қайтып келип, есикти қаққанда, оған дәрриў ашыў ушын күтип турған хызметшилердей болыңлар. 37 Хожайыны келгенде олардың сергек болып турғанын кѳрсе, сол хызметшилер қандай бахытлы! Сизлерге шынын айтаман: ол белин буўып, хызметшилерин отырғызып, ѳзи оларға хызмет етеди. 38 Егер хожайыны түн ортасында ямаса таң атқанда келип, хызметшилериниң ояў турғанын кѳрсе, онда сол хызметшилер қандай бахытлы! 39 Мынаны билип қойыңлар: егер үй ийеси урының қашан келетуғынын билсе, ол үйине урының бузып кириўине жол қоймас еди. 40 Сизлер де таяр болып турыўыңыз шәрт! Себеби Адам Улы сизлер ойламағанда келеди. 41 Сонда Петр: – Ийем, Сен бул тымсалды тек бизлерге айтып атырсаң ба ямаса ҳәммеге ме? – деди. 42 Ийемиз былай деди: – Ийеси үй-ишимдегилерге тийисли аўқатын ўақтында берсин деп, олардың үстинен тайынлаған исенимли ҳәм ақыллы үй басқарыўшы ким? 43 Ийеси келгенде оның солай ислеп атырғанын кѳрсе, сол хызметши қандай бахытлы! 44 Сизлерге шынын айтып турман: ийеси оны ѳзиниң пүткил мал-мүлкин басқарыўшы етип тайынлайды. 45 Егер сол хызметши ишинен: «Ийем тез келе қоймас» деп, малайлар ҳәм шорыларды сабап, ишип-жеп, мәс бола басласа, 46 онда сол хызметшиниң ийеси күтпеген күни ҳәм ойламаған ўақытта келип, оны аяўсыз жазалап, исенбейтуғынлардың аўҳалына салады. 47 Ийесиниң еркин билсе де таяр турмаған, оның ерки бойынша ис тутпаған хызметши кѳп таяқ жейди. 48 Ал оның еркин билмеген ҳәм жазаға турарлы ис ислеген хызметши аз таяқ жейди. Кимге кѳп берилген болса, оннан кѳп талап етиледи. Кимге кѳп исенип тапсырылса, оннан кѳбирек соралады. 49 – Мен дүнья жүзине от салыўға келдим. Оның ҳәзир-ақ жалынлап кетиўин қаншелли қәлер едим! 50 Мен жүдә аўыр азап-ҳәсиретти басымнан кешириўим тийис. Бул орынланғанша, қаншелли қыйналаман! 51 Мени жер жүзине татыўлық әкелген, деп ойлап атырсыз ба? Яқ, деймен сизлерге: алаўызлық әкелгенмен. 52 Ѳйткени буннан былай, бир үйде бес адам болса, олар ѳз ара бѳлинеди. Үшеўи екеўине қарсы, екеўи үшеўине қарсы болады. 53 Єкеси баласына, баласы әкесине қарсы, анасы қызына, қызы анасына қарсы, қәйин енеси келинине, келини қәйин енесине қарсы болып бѳлинеди. 54 Соңынан Ийса халыққа да былай деди: – Сизлер батыстан бир булттың кѳтерилгенин кѳргениңизде, дәрриў: «Жаўын жаўады» дейсизлер ҳәм сондай болады да. 55 Ќубла самалы ескенде: «Күн ыссы болады» дейсизлер ҳәм сондай болады да. 56 Ҳәй, еки жүзлилер! Жер ҳәм аспанның түсин анықлай алсаңлар да, неге ҳәзирги ўақыттың райын анықлай алмайсызлар? 57 Нениң дурыс екенин неге ѳзлериңиз шеше алмайсызлар? 58 Сен ѳз даўласың менен бирге басшының алдына баратырғаныңда, жолда оның менен жарасыўға тырыс. Олай етпесең, ол сени қазының алдына апарады, қазы сени хызметкерге тапсырады, ал хызметкер сени қамап таслайды. 59 Саған айтатуғыным: соңғы тийиниңди тѳлеп таўыспағаныңша, ол жерден ҳеш шыға алмайсаң.
1 Сол ўақытта гейбиреўлер Ийсаға келип, Пилаттың галилалыларды ѳлтирткени ҳәм олардың қанын ѳзлери сойған қурбанлықлары менен араластырып таслағаны ҳаққында айтып берди. 2 Ийса оларға: – Сизлер: «Усындай апатқа ушырағаны ушын, бул галилалылар басқа барлық галилалылардан гүналырақ», – деп ойлайсызлар ма? 3 Яқ, деймен сизлерге. Егер тәўбе етпесеңлер, ҳәммеңиз де усылай набыт боласызлар. 4 Үстилерине Силоҳа минарасы қулап ѳлген он сегиз адам Ерусалимде жасаўшы адамлардың ҳәммесинен айыплырақ еди, деп ойлайсызлар ма? 5 Яқ, деймен сизлерге. Егер тәўбе етпесеңлер, ҳәммеңиз де усылай набыт боласызлар, – деди. 6 Соңынан Ийса мынадай тымсал айтып берди: – Бир адамның жүзим бағында егилген әнжир ағашы болыпты. Адам оннан мийўе алыў ушын келипти, бирақ таба алмапты. 7 Сонда ол бағманға: «Мине, мен үш жылдан бери бул әнжир ағашынан мийўе алыў ушын келемен, бирақ таба алмайман. Оны шаўып тасла! Неге ол босқа орын ийелеп тур?» – депти. 8 Бирақ бағман оған жуўап берип: «Хожайын, оны быйыл да қалдырың. Мен оның әтирапын қазып, қый тѳгейин. 9 Мүмкин, ендиги жылы мийўе берип қалар. Егер бермесе, шаўып тасларсыз, – депти. 10 Бир дем алыс күни Ийса мәжилисханалардың биринде тәлим берип отырған еди. 11 Сол жерде он сегиз жылдан бери аўырыў руўхынан қыйналған бир ҳаял бар еди. Ол еки бүкленип қалған болып, бойын ҳеш тик услай алмас еди. 12 Ийса оны кѳрип, жанына шақырып алды да, оған: – Ҳаял, сен дәртиңнен азат боласаң, – деп, 13 оның үстине қолларын қойғанда, ҳаял сол ўақытта-ақ бойын тиклеп, Ќудайға алғыслар айта баслады. 14 Сонда мәжилисхана басшысы Ийсаның дем алыс күни шыпа бергенине ашыўы келип, халыққа: – Жумыс ислеў ушын алты күн бар. Шыпа алыўға дем алыс күни емес, ал сол күнлери келиңлер, – деди. 15 Ийемиз Ийса оған былай деп жуўап берди: – Ҳәй, еки жүзлилер! Дем алыс күни ҳәр бириңиз ѳгизиңизди ямаса ешегиңизди қорадан шешип алып, суўғарыўға апармайсыз ба? 16 Он сегиз жылдан бери шайтан байлап қойған Ибрайымның мына қызын дем алыс күни бул байлаўдан азат қылыў керек емес пе еди? 17 Ийса усы сѳзлерди айтқанда, Оған қарсылық кѳрсеткенлердиң ҳәммеси уялып қалды. Ал пүткил халық Оның барлық уллы ислерине қуўанды. 18 Соңынан Ийса: – Ќудай Патшалығы неге уқсайды? Оны неге мегзетейин? 19 Ол – бир адамның алып, ѳз бағына еккен қышқыл туқымына уқсайды. Ол ѳсип, терек болады ҳәм шақаларына аспан қуслары ушып келип, уя салады, – деди. 20 Ийса және былай деди: – Ќудай Патшалығын неге уқсатайын? 21 Ол – бир ҳаялдың алып, барлық қамыр ашығанша, үш самар унға араластырған ашытқысына уқсайды. 22 Ерусалимге қарай жол алған Ийса қала ҳәм аўылларды аралап, тәлим берип жүрди. 23 Бир адам Ийсадан: – Ийем, тек аз ғана адам қутқарыла ма? – деп сорады. 24 Сонда Ийса халыққа былай деди: – Тар қапыдан кириўге бар күшиңизди салыңлар! Себеби сизлерге айтатуғыным: кѳплер кириўге тырысады, бирақ кире алмайды. 25 Үйдиң Ийеси турып қапыны жаўып таслағанда, сизлер сыртта турып, қапыны қаға баслап: «Ийем! Ийем! Бизлерге қапыны аш!» – дейсизлер. Бирақ Ол сизлерге: «Мен сизлерди танымайман ҳәм қаяқтан келгениңизди билмеймен», – деп жуўап береди. 26 Сонда сизлер: «Бизлер Сениң кѳз алдыңда ишип жедик. Сен бизлердиң кѳшелеримизде тәлим беретуғын едиң-ғо», – деп айтасызлар. 27 Бирақ Ол: «Сизлерге айтатуғыным: Мен сизлерди танымайман ҳәм қаяқтан келгениңизди билмеймен. Ҳәй, жаманлық қылыўшылардың ҳәммеси Меннен аўлақ кетиңлер!» – дейди. 28 Сизлер Ибрайымды, Ысақты, Яқыпты ҳәм барлық пайғамбарларды Ќудай Патшалығында, ал ѳзлериңиздиң сыртқа қуўып шығарылғаныңызды кѳргениңизде жылап, пушайман жейсизлер. 29 Шығыстан ҳәм батыстан, арқадан ҳәм қубладан адамлар келип, Ќудай Патшалығында дастурхан әтирапына отырады. 30 Мине, сонда соңғылардың гейбиреўлери бириншилер, ал бириншилердиң гейбиреўлери соңғылар болады. 31 Сол ўақытта бир неше парисейлер келип, Ийсаға: – Бул жерден кет, Ҳирод Сени ѳлтирмекши, – деди. 32 Ийса оларға былай деди: – Барып, сол түлкиге айтыңлар: Мен бүгин ҳәм ертең жинлерди қуўып шығарып, аўырыўларға шыпа беремен, ал үшинши күни исимди жуўмақлайман. 33 Солай болса да, Мен бүгин, ертең ҳәм арғы күни Ѳз жолым менен жүриўим керек. Ѳйткени ҳеш бир пайғамбарға Ерусалимнен басқа жерде ѳлиўге болмайды. 34 Оҳ, Ерусалим, Ерусалим! Пайғамбарларды ѳлтириўши, Ќудайдың саған жибергенлерин тас пенен урыўшы қала! Ѳз шѳжелерин қанатының астына алған мәкийен сыяқлы, Мен де сениң балаларыңды неше рет жыйнамақшы болдым, бирақ сизлер қәлемедиңлер. 35 Мине, үйиңизди Ќудай таслап кетип, ол қаңырап қалады. Сизлерге айтатуғыным: «Ийемиздиң атынан Келиўши жарылқанған!» – деп айтқанларыңызға дейин Мени кѳрмейсизлер.
1 Бир дем алыс күни Ийса парисейлердиң бир басшысының үйине аўқатқа келгенде, ҳәмме Оны бақлап отырды. 2 Сонда сарсық кеселден азап шеккен бир адам Ийсаның алдына келди. 3 Ийса диний муғаллимлер менен парисейлерден: – Дем алыс күни аўырыў адамға шыпа бериў нызамға туўры келе ме ямаса туўры келмей ме? – деп сорады. 4 Олар үндемеди. Сонда Ийса сол адамға қолын тийгизип шыпа берди де, қайтарып жиберди. 5 Соңынан оларға былай деди: – Араңыздағы бириңиздиң баласы ямаса ѳгизи қудыққа түсип кетсе, дем алыс күни болыўына қарамастан, оны дәрриў шығарып алмай ма? 6 Олар Ийсаның бул гәпине жуўап бере алмады. 7 Ќонақлардың ѳзлерине тѳрдеги орынларды таңлап атырғанын кѳрген Ийса оларға мынадай бир тымсал айтты: 8 – Сени биреў неке тойына шақырғанда, тѳрдеги орынға отырма. Шақырылғанлар арасында сеннен де сыйлырақ биреў болыўы мүмкин. 9 Олай етпесең, екеўиңизди де шақырған адам саған келип: «Мына адамға орныңды бер» десе, сен уялып, есик беттеги орынға отырыўға мәжбүр боласаң. 10 Сонлықтан қонаққа шақырылғаныңда, барып есик беттеги орынға отыр. Сонда сени қонаққа шақырған адам жаныңа келип: «Достым, тѳрге шығып отыр», – дейди. Солай етсең, ѳзиң менен отырған ҳәр бир адамның алдында абырайға ийе боласаң. 11 Себеби ким де ким ѳзин жоқары тутса, ол пәслетиледи, ал ким де ким ѳзин пәс тутса, ол жоқары болады. 12 Соңынан Ийса Ѳзин шақырған үй ийесине: – Түски ямаса кешки зыяпат бергениңде досларыңды, туўысқанларыңды, ағайинлериңди, я бай қоңсыларыңды шақырма. Ѳйткени олай етсең, олар да сени қонаққа шақырып, саған қайтарады. 13 Керисинше, зыяпат бергениңде жарлы, майып, ақсақ ҳәм соқырларды шақыр. 14 Солай етсең, сен бахытлы боласаң. Себеби олар саған қайтара алмайды. Бирақ ҳақ адамлар қайта тирилгенде, Ќудай саған қайтарады, – деди. 15 Ийса менен дастурхан әтирапында отырғанлардың бири бул сѳзлерди еситип, Оған: – Ќудай Патшалығында дуз татқан адам бахытлы, – деди. 16 Ийса оған былай деди: – Бир адам үлкен зыяпат берип, кѳп қонақ шақырыпты. 17 Аўқатланатуғын ўақыт болғанда: «Келиңлер, ҳәммеси таяр болды», – деп айтыў ушын, мирәт етилгенлерге ѳз хызметшисин жиберипти. 18 Бирақ ҳәммеси ойласып қойғандай, сылтаў таба баслапты. Бириншиси оған: «Мен жер сатып алдым, соны барып кѳриўим керек, ѳтинемен, мени кешир», – депти. 19 Ал екиншиси: «Мен бес жуп ѳгиз сатып алдым, соларды сынап кѳриўге баратырман. Ѳтинемен, мени кешир», – депти. 20 Үшиншиси де: «Мен тап жаңа үйлендим, сонлықтан келе алмайман», – депти. 21 Хызметши қайтып келип, булардың ҳәммесин хожайынына айтып берипти. Үй ийеси ашыўланып, хызметшисине: «Тез бар да, қаланың үлкен-киши кѳшелерин аралап, жарлы, майып, соқыр ҳәм ақсақ адамларды бул жерге алып кел», – деп буйырыпты. 22 Соңынан хызметши: «Хожайын, буйырғанларыңызды орынладым, бирақ және де бос орын бар», – депти. 23 Хожайын хызметшисине: «Жолларға ҳәм аўыл соқпақларына барып, адамларды бул жерге келиўге кѳндир. Сонда үйим адамларға толы болады. 24 Ѳйткени сизлерге айтатуғыным: мирәт етилгенлердиң ҳеш қайсысы да мениң зыяпатымнан дуз татпайды», – депти. 25 Ийса менен бирге кѳп халық жүрген еди. Ийса оларға бурылып былай деди: 26 – Ким де ким Маған келип, ата-анасын, ҳаялын, балаларын, аға-инисин, апа-қарындасларын, ҳәтте, ѳз ѳмирин де жек кѳрмесе, ол Мениң шәкиртим бола алмайды. 27 Ким де ким ѳз атанақ ағашын арқалап, Мениң изимнен жүрмесе, ол Мениң шәкиртим бола алмайды. 28 Араңыздағы бириңиз минара қурмақшы болса, оны питкериў ушын ғәрежет жете ме деп, алдын ала отырып, есаплап шықпай ма? 29 Олай етпесе, тийкарын салып болып, қурып питкере алмай қалса, буны кѳргенлер оның үстинен күлип: 30 «Мына адам қурыўды баслап, питкере алмады», – дейди. 31 Ќайсы бир патша басқа патшаға қарсы урысқа шығажақ болса, ѳзимниң он мың әскерим менен, киятырған қарсыласымның жигирма мың әскерине қарсы тура аламан ба деп, алдын ала отырып ойланып алмай ма? 32 Күши жетпейтуғын болса, сол патша еле узақта болғанда оған елши жиберип, тынышлық питимин жасаўды сорайды. 33 Солай етип, сизлердиң ҳәр бириңиз ѳзине тийисли ҳәмме заттан ўаз кешпесе, Мениң шәкиртим бола алмайды. 34 Дуз – жақсы нәрсе. Бирақ дуз ѳз күшин жойтса, оны қалай және шорлы қылыўға болады? 35 Ол жерге де, қый болыўға да жарамағанлықтан, сыртқа ылақтырып тасланады. Ќулағы бар жақсылап еситип алсын!
1 Ийсаны тыңлаў ушын кѳп салықшылар менен гүнакарлар Оның қасына жақынлап келген еди. 2 Парисейлер менен диний муғаллимлер буны кѳрип: – Ол гүнакарларды қабыл етип, олар менен бирге аўқат жейди, – деп наразылық билдирди. 3 Сонда Ийса оларға мына тымсалды айтып берди: 4 – Айтайық, араңыздағы бириңиздиң жүз қойы болып, биреўин жойтып алса, ол тоқсан тоғызын шѳл далада қалдырып, жойтылған бир қойын таппағанша излеп жүрмес пе еди? 5 Таўып алғаннан соң қуўанып кетип, оны ийнине кѳтерип алады да, 6 үйине келип, дослары менен қоңсыларын шақырып, оларға: «Мениң менен бирге қуўаныңлар, жойтылған қойымды таўып алдым», – дейди. 7 Сизлерге айтатуғыным: сол сыяқлы, тәўбе етиўге ҳәжети жоқ тоқсан тоғыз ҳақ адамнан гѳре, тәўбе еткен бир гүнакарға аспанда кѳбирек қуўанады. 8 – Айтайық, бир ҳаялдың он гүмис теңгеси болып, биреўин жойтып алса, ол шыра жағып, үйди сыпырып, таппағанша муқыятлап излемес пе еди? 9 Таўып алғаннан соң, қурдаслары менен қоңсыларын шақырып: «Мениң менен бирге қуўаныңлар, жойтылған теңгемди таўып алдым», – дейди. 10 Сизлерге айтатуғыным: Ќудайдың периштелери де тәўбе еткен бир гүнакар ушын усылай қуўанады. 11 Ийса және былай деди: – Бир адамның еки улы бар екен. 12 Олардың генжетайы әкесине: – Єке, мал-мүлкиңниң маған тийисли бѳлегин бер, – депти. Сонда әкеси мал-мүлкин еки улына бѳлип берипти. 13 Бир неше күн ѳткеннен соң, киши ул бары-жоғын жыйнап алып, узақ елге кетип қалыпты. Ол жерде бузық жолға түсип, мал-мүлкин жѳнсиз сарп етипти. 14 Жигит ҳәммесин сарп етип болғаннан соң, сол елде аўыр ашаршылық болып, ол жоқшылыққа ушырапты. 15 Ол барып, сол елдиң бир турғынына жалланыпты. Ал ол адам жигитти даласындағы шошқаларды бағыўға жиберипти. 16 Жигит шошқалар жейтуғын жем менен қарнын тойдырыўға да зар болыпты. Бирақ оған ҳеш ким ҳеш нәрсе бермепти. 17 Оның ақылы енип: – Єкемниң қаншама жалланған жумысшылары нанға тойып жүр, ал мен бул жерде аштан ѳлейин деп атырман. 18 Турып әкеме барайын, оған: «Єке, мен Ќудайға ҳәм саған қарсы гүна иследим. 19 Енди сениң балаң деп аталыўға ылайықлы емеспен. Мени жалланған жумысшыларыңның қатарына қабыл ет», – деп айтайын, – депти. 20 Солай етип, жигит әкесине қарай жолға шығыпты. Ол еле узақта киятырғанда, әкеси улын кѳрип, баўыры елжиреп кетипти. Жуўырып барып, улын қушақлап сүйе баслапты. 21 Улы оған: – Єке, мен Ќудайға ҳәм саған қарсы гүна иследим. Енди сениң улың деп аталыўға ылайықлы емеспен, – депти. 22 Бирақ әкеси хызметшилерине: – Тез болыңлар, ең жақсы кийим әкелип, оған кийгизиңлер. Ќолына жүзик тағып, аяғына аяқ кийим бериңлер. 23 Бағып семиртилген баспақты әкелип сойыңлар, ишип-жеп, кеўил кѳтерейик. 24 Себеби мениң бул улым ѳлген еди – тирилди, жойтылған еди – табылды, – депти. Солай етип, олар тойлай баслапты. 25 Сол ўақытта үлкен улы атызда еди. Ќайтып киятырып үйине жақынлағанда, нама ҳәм ойын-күлки сеслерин еситипти. 26 Хызметшилериниң биреўин шақырып алып: – Бул не? – деп сорапты. 27 Хызметши оған: – Иниңиз қайтып келди, әкеңиз оның аман-саў қайтып келгени ушын семиртилген баспақты сойды, – деп жуўап берипти. 28 Үлкен улы ашыўланып, үйге киргиси келмепти. Сонда әкеси сыртқа шығып, оннан ишке кириўди ѳтинипти. 29 Бирақ ол әкесине былай депти: – Мине, мен саған неше жылдан бери хызмет етип киятырман, ҳеш қашан сениң буйрығыңа қарсы шыққан емеспен. Бирақ досларым менен ўақты хошлық етиўим ушын, сен маған бир ылақ та берген жоқсаң. 30 Ал енди болса, мал-мүлкиңди бузық ҳаялларға сарп етип келген мына улыңа семиртилген баспақты сойыпсаң. 31 Єкеси оған: – Улым! Сен ҳәмме ўақыт мениң менен биргесең. Мениң барлық мал-мүлким сеники-ғо. 32 Бирақ бүгин қуўанып, кеўил кѳтериўимиз керек. Ѳйткени сениң бул иниң ѳлген еди – тирилди, жойтылған еди – табылды, – депти.
1 Ийса Ѳз шәкиртлерине және былай деди: – Бир бай адамның үй басқарыўшысы бар екен. Байдың қулағына: «Үйиңди басқарыўшы мал-мүлкиңди сарп етип жүрипти», – деген шағым жетипти. 2 Бай оны шақырып алып: – Сен туўралы еситип атырғаным не гәп? Ѳз жумысың бойынша есап бер. Сен буннан былай үй басқарыўшы бола алмайсаң, – депти. 3 Сонда үй басқарыўшы ѳз-ѳзине: – Не қылсам екен? Хожайыным мени жумыстан босатып атыр. Жер қазыўға күшим жетпейди, садақа сораўға уяламан. 4 Басқарыўшылықтан босатылғанымнан соң, адамлар мени үйлерине қабыл қылыўы ушын не ислесем екен? Ҳе, таптым, – депти де, 5 хожайынына қарыздар адамларды бирим-бирим шақырып алып, олардың бириншисинен: – Хожайынымнан қанша қарызың бар? – деп сорапты. 6 Ол: – Жүз батпан май, – деп жуўап берипти. – Тил хатыңды ал да, тез отырып, елиў батпан деп жаз, – депти басқарыўшы. 7 Соңынан басқасынан: – Сениң қанша қарызың бар? – деп сорапты. – Мың қап бийдай, – деп жуўап берипти ол. Оған да: – Тил хатыңды ал да, сегиз жүз қап деп жаз, – депти. 8 Хожайыны наҳақ үй басқарыўшыны ақыллы ис қылғаны ушын мақтапты. Себеби бул дүньяның адамлары ѳзи сыяқлылар арасында Нурдың балаларынан гѳре ақыллырақ ҳәрекет қылады. 9 Мениң сизлерге айтатуғыным: бул дүньяның байлығынан пайдаланып дос арттырыңлар, бул байлық таўсылғанда, олар сизлерди мәңгилик мәканға қабыл қылсын. 10 Кишкене исте исенимли болған адам үлкен исте де исенимли болады, ал кишкене исте садық болмаған адам үлкен исте де садық болмайды. 11 Солай етип, егер сизлер бул дүньяның байлығына садық болмасаңыз, ким сизлерге аспандағы ҳақыйқый байлықты исенип тапсырады? 12 Егер сизлер басқаға тийисли нәрсеге садық болмасаңыз, ким сизлерге ѳзлериңиздикин береди? 13 Ҳеш бир хызметши еки хожаға хызмет ете алмайды. Ѳйткени ол биреўин жек кѳрип, екиншисин жақсы кѳреди ямаса биреўине садық болып, екиншисине итибарсыз қарайды. Сизлер ҳәм Ќудайға, ҳәм байлыққа бирдей хызмет ете алмайсызлар. 14 Булардың ҳәммесин дүньяхор парисейлер еситип, Ийсаны мазақ қылды. 15 Ийса оларға былай деди: – Сизлер ѳзлериңизди адамлар алдында ҳақ қылып кѳрсетесизлер, бирақ Ќудай кеўиллериңизди биледи. Адамлар қымбат деп санаған нәрсе Ќудай алдында жеркенишли. 16 Яқыяға дейин Мухаддес Нызам ҳәм пайғамбарлар дәўири болды. Сол ўақыттан баслап, Ќудай Патшалығы ҳаққында Хош Хабар жәрияланып киятыр ҳәм ҳәр бир адам оған кириўге күш салып жүр. 17 Бирақ Мухаддес Нызамнан бир ноқат жоғалғанынан гѳре, аспан ҳәм жердиң жоқ болып кетиўи аңсатырақ. 18 Ѳз ҳаялы менен ажырасып, басқа ҳаялға үйленген ҳәр бир адам неке ҳадаллығын бузған болады. Күйеўинен ажырасқан ҳаялға үйленген адам да неке ҳадаллығын бузған болады. 19 – Ќымбат баҳалы сәнли кийимлер кийип, ҳәр күни үлкен зыяпатлар беретуғын бир бай адам болыпты. 20 Байдың дәрўазасы алдында пүткил денесин жара басқан Лазар атлы бир тиленши жатады екен. 21 Ол байдың дастурханынан түскен усақлар менен қарнын тойдырыўды әрман етипти. Ийтлер де келип, оның жараларын жалап кетеди екен. 22 Ўақты келгенде тиленши қайтыс болып, периштелер оны Ибрайымның жанына алып барыпты. Бай адам да қайтыс болып, оны жерлепти. 23 Бай дозақ отында азап шегип атырып, басын кѳтерип қарағанда, алыста Ибрайымды ҳәм оның қасындағы Лазарды кѳрипти. 24 Ол қатты бақырып: «Ибрайым ата, маған реҳим ете гѳр! Лазарды жибер, ол бармағының ушын суўға басып, мениң тилиме суў тамызсын. Себеби мен бул от ишинде қатты қыйналып атырман», – депти. 25 Бирақ Ибрайым оған: «Балам, сен ѳмириңде тек жақсылық кѳргениңди, ал Лазардың жаманлық кѳргенин умытпа. Енди болса, ол бул жерде жубаныш таўып, ал сен қыйналып атырсаң. 26 Буның үстине, сизлер менен бизлердиң арамызға үлкен туңғыйық орнатылған. Сонлықтан бул жерден сизлерге ѳтпекши болғанлар ѳте алмайды ҳәм ол жерден де бизлерге ҳеш ким ѳте алмайды», – депти. 27 Сонда бай адам: «Ата, олай болса, сеннен ѳтинемен, Лазарды мениң әкемниң үйине жибер. 28 Ѳйткени мениң бес аға-иним бар. Олар да бул азап шегетуғын жерге түспеўи ушын ол барып, оларды ескертсин», – депти. 29 Бирақ Ибрайым оған: «Оларда Муўса ҳәм басқа пайғамбарлардың Жазыўлары бар-ғо. Оларды тыңласын», – депти. 30 Ал бай адам: «Яқ, Ибрайым ата! Бирақ егер ѳлгенлердиң биреўи тирилип оларға барса, тәўбе етеди», – депти. 31 Сонда Ибрайым оған: «Егер Муўса менен пайғамбарларды тыңламағанда, ѳлгенлердиң биреўи тирилсе де, исенбейди», – деп жуўап берипти.
1 Ийса Ѳз шәкиртлерине және былай деди: – Адамларды гүнаға азғырыўшы нәрселердиң болыўы сѳзсиз. Бирақ олар ким арқалы келсе, сол адам ҳәсирет шегеди! 2 Ол адамның мына кишкенелердиң биреўин азғырғанынан гѳре, мойнына дигирман тасы байланып, теңизге тасланғаны оған жақсырақ болар еди. 3 Абайлы болыңлар! Егер туўысқаның саған қарсы гүна ислесе, оған ескертиў жаса. Егер гүнасын мойынласа, оны кешир. 4 Егер ол саған қарсы бир күнниң ишинде жети рет гүна ислесе, жети рет те саған келип: «Гүнамды мойынлайман» десе, оны кешир. 5 Сонда елшилер Ийемиз Ийсаға: – Исенимимизди арттыр, – деди. 6 Ийемиз былай деди: – Егер исенимиңиз қышқыл туқымдай ғана болса да, бул тут ағашына: «Тамырың менен қопарылып, теңизге отырғызыл», – десеңлер, ол сѳзиңизди тыңлайды. 7 Араңызда қайсы бириңиздиң жер айдап ямаса мал бағып жүрген хызметшиси даладан қайтқанда, оған: «Тез келип, дастурханға отыр», – дейди? 8 Керисинше, оған: «Мениң кешки аўқатымды таярла, белиңди буўып, ишип-жеп болғанымша, маған хызмет ет. Соңынан ѳзиң ишип жейсең», – деп айтпай ма? 9 Буйырғанын орынлағаны ушын хызметшисине миннетдаршылық билдирер ме екен? 10 Сол сыяқлы сизлер де ѳзлериңизге буйырылғанның ҳәммесин орынлағаннан соң: «Бизлер арзымайтуғын қуллармыз, тек ўазыйпамызды ғана орынладық», – деңлер. 11 Ийса Ерусалимге баратырып, Самария ҳәм Галила үлкелери арасындағы шегара жерлер арқалы жүрди. 12 Ол бир аўылға кирип киятырғанда мақаў кесел болған он адам гезлести. Олар узақта турып, 13 қатты даўыслап: – Устазымыз Ийса, бизлерге реҳим ет! – деди. 14 Ийса оларды кѳрип: – Барып, ѳзлериңизди руўханийлерге кѳрсетиңлер, – деди. Олар кетип баратырғанда мақаў кеселден жазылып кетти. 15 Олардың ишиндеги биреўи ѳзиниң шыпа тапқанын кѳрип, бәлент даўыс пенен Ќудайды алғыслап, қайтып келди де, 16 Ийсаның аяғына жығылып, Оған миннетдаршылық билдирди. Бул адам самариялы еди. 17 Сонда Ийса: – Шыпа тапқан он адам емес пе еди? Ќалған тоғызы қаяқта? 18 Ќудайға алғыс айтыў ушын, мына шет еллиден басқа ҳеш ким қайтып келмеди ме? – деди. 19 Соң оған: – Орныңнан тур да, кете бер, исенимиң сени қутқарды, – деди. 20 Парисейлер Ќудай Патшалығының қашан келетуғынын сорағанда, Ийса оларға былай деп жуўап берди: – Ќудай Патшалығы кѳзге кѳринип келмейди. 21 «Мине, бул жерде» ямаса «Єне, ана жерде» деп те айтпайды. Себеби Ќудай Патшалығы сизлердиң ишиңизде, – деди. 22 Соң Ийса шәкиртлерине былай деди: – Адам Улының күнлериниң бирин болса да кѳриўди аңсайтуғын ўақытларыңыз келеди. Бирақ, кѳре алмайсызлар. 23 Сизлерге: «Єне, Ол ана жерде» ямаса «Мине, Ол бул жерде» десе, бармаңлар, олардың излерине ермеңлер. 24 Ѳйткени шақмақ шағып, аспанды бир шетинен екинши шетине дейин жарқыратып жибергендей, Адам Улы да Ѳз күнинде солай пайда болады. 25 Бирақ дәслеп Ол кѳп азап шегип, бул әўлад тәрепинен қабылланбаўы тийис. 26 Нухтың заманында қалай болған болса, Адам Улының күнлеринде де солай болады. 27 Нух кемеге минген күнге дейин адамлар ишип жеди, үйленди, турмысқа шықты. Соңынан суў тасқыны басып, ҳәммени набыт қылды. 28 Луттың заманында да сондай болды: адамлар ишип жеди, саўда-сатық иследи, егин екти, жай салды. 29 Бирақ, Лут Содом қаласынан шыққан күни аспаннан от ҳәм күкирт жаўып, ҳәммени набыт қылды. 30 Адам Улы пайда болатуғын күни де тап сондай болады. 31 Сол күни тамның тѳбесинде болған адамның затлары үйинде қалса, оларды алайын деп тѳменге түспесин. Ким де ким атызда болса, үйине қайтпасын. 32 Луттың ҳаялын еске түсириңлер! 33 Ким де ким ѳз жанын сақламақшы болса, ол оны набыт қылады, ал ким де ким ѳз жанын набыт қылса, ол оны сақлайды. 34 Сизлерге айтатуғыным: сол түни бир тѳсекте жатырған еки адамның биреўи алынады, екиншиси қалдырылады. 35 Бирге дигирман тартқан еки ҳаялдың биреўи алынады, екиншиси қалдырылады. 37 Сонда шәкиртлери Ийсадан: – Ийем, бул ўақыялар қай жерде болады, – деп сорады. Ийса оларға: – Ѳлик қай жерде болса, қузғынлар да сол жерге жыйналады, – деди.
1 Ийса шәкиртлерине бәрқулла дуўа етип, үмит үзбеў кереклигин билдириў ушын бир тымсал айтып берди. 2 Ол былай деди: – Бир қалада Ќудайдан да қорқпайтуғын, адамлардан да уялмайтуғын бир қазы болыпты. 3 Сол қалада бир жесир ҳаял да турады екен. Ҳаял оған қайта-қайта келип: «Мениң ҳуқықымды даўласымнан қорғаң», – деп ѳтине береди екен. 4 Бирақ қазы кѳп ўақытқа дейин буны ислегиси келмепти. Соңынан ѳз ѳзине: «Мен Ќудайдан да қорқпайман, адамлардан да уялмайман. 5 Бирақ, мына жесир ҳаял маған тынышлық бермей атырғаны ушын оның ҳуқықын қорғай қояйын. Болмаса, ол қайта-қайта келип, мениң мазамды алар», – депти. 6 Ийемиз Ийса сѳзин даўам етип былай деди: – Єдилсиз қазының сѳзлерине қулақ салыңлар. 7 Ќудай Ѳзине күни-түни жалбарынып атырған, Ѳзи таңлап алған адамлардың ҳуқықын қорғамай ма? Оларды кѳп күттирип қоя ма? 8 Сизлерге айтатуғыным: кѳп кешикпей олардың ҳуқықын қорғайды. Бирақ Адам Улы келгенде, жер жүзинде исеним табар ма екен? 9 Ѳзлериниң ҳақлығына исенип, басқаларды кемситетуғын айырым адамларға Ийса мына тымсалды да айтып берди: 10 – Еки адам дуўа етиў ушын Ибадатханаға кирипти. Олардың биреўи парисей, екиншиси салықшы екен. 11 Парисей турып алып мынадай деп дуўа етипти: «О, Ќудайым! Мен басқа адамлардай тонаўшы, наҳақ, неке ҳадаллығын бузыўшы ямаса, ҳәтте, мына салықшы сыяқлы болмағаным ушын, Саған шүкирлик етемен. 12 Ҳәптесине еки мәрте ораза тутаман. Барлық тапқан табысымның оннан бирин беремен». 13 Ал салықшы алыста турып, кѳзин аспанға кѳтериўге де батылы бармай, қатты ѳкинип: «О, Ќудайым! Мендей гүнакарға реҳим ет!» – депти. 14 Сизлерге айтатуғыным: парисей емес, ал усы адам ақланып үйине қайтыпты. Себеби ѳзин жоқары тутқан ҳәр бир адам пәслетиледи, ал ѳзин пәс тутқан адам жоқары болады. 15 Ќолын тийгизсин деп, адамлар Ийсаға бѳбеклерин алып келди. Шәкиртлери буны кѳрип, оларға кейиди. 16 Бирақ Ийса оларды қасына шақырып алып, шәкиртлерине: – Балалардың Маған келиўине рухсат бериңлер, оларға тосқынлық жасамаңлар. Ѳйткени Ќудай Патшалығы усындайлардики. 17 Сизлерге шынын айтаман: ким де ким Ќудай Патшалығын кишкене бала сыяқлы қабыл етпесе, ол оған кире алмайды, – деди. 18 Бир басшы Ийсадан: – Ийгиликли Устаз! Мәңгилик ѳмирди алыўым ушын не ислеўим керек? – деп сорады. 19 Ийса оған: – Сен неге Мени ийгиликли деп атап атырсаң? Жалғыз Ќудайдан басқа ҳеш ким ийгиликли емес. 20 Оның буйрықларын билесең-ғо: «Неке ҳадаллығын бузба, адам ѳлтирме, урлық ислеме, жалған гүўалық берме, ата-анаңды ҳүрметле», – деди. 21 Бирақ ол: – Булардың ҳәммесин мен бала ўақтымнан бери орынлап киятырман, – деди. 22 Буны еситкен Ийса оған: – Саған және бир нәрсе жетиспейди. Барлық мал-мүлкиңди сатып, ақшасын жарлыларға үлестирип бер. Сонда сениң ғәзийнең аспанда болады. Соңынан келип, Мениң изиме ер, – деди. 23 Басшы буны еситип, қатты қапа болды. Себеби ол жүдә бай еди. 24 Ийса оның қапа болғанын кѳрип: – Байлығы барлардың Ќудай Патшалығына кириўи қандай қыйын! 25 Бай адамның Ќудай Патшалығына кириўинен гѳре, түйеге ийнениң кѳзинен ѳтиў аңсатырақ, – деди. 26 Буны еситкенлер: – Олай болса, ким қутқарыла алады? – деп сорады. 27 – Адамлардың қолынан келмеген нәрсе Ќудайдың қолынан келеди, – деди Ийса. 28 Сонда Петр: – Минекей, бизлер ҳәмме нәрсемизди таслап, Сениң изиңе ердик, – деди. 29 Ийса шәкиртлерине: – Сизлерге шынын айтаман: Ќудай Патшалығы ушын я үйин, я ҳаялын, я туўысқанларын, я ата-анасын, я балаларын қалдырып кеткен ҳәр бир адам 30 бул дүньяда неше есе артығы менен алады ҳәм келешекте мәңгилик ѳмирге ийе болады, – деди. 31 Ийса он еки шәкиртин қасына шақырып алып, оларға былай деди: – Минекей, бизлер енди Ерусалимге қарай кѳтерилип баратырмыз. Сол жерде пайғамбарлардың Адам Улы туўралы жазғанларының ҳәммеси орынланады. 32 Ол басқа миллет адамларына услап бериледи. Олар Оның үстинен күледи, масқаралайды, бетине түкиреди 33 ҳәм қамшылап сабап, ѳлтиреди. Ал Ол үшинши күни қайта тириледи. 34 Бирақ шәкиртлери бул сѳзлерден ҳеш нәрсе түсинбеди. Бул сѳзлер оларға жасырын болып, айтылғанлардың мәнисин аңламады. 35 Ийса Ерихо қаласына жақынлағанда, жолдың шетинде тиленшилик етип, бир соқыр адам отыр еди. 36 Ќасынан адамлардың ѳтип баратырғанын еситкен ол: – Не болып атыр? – деп сорады. 37 – Насыралы Ийса ѳтип баратыр, – дести адамлар оған. 38 Сонда ол: – Даўыттың Урпағы Ийса! Маған реҳим ете гѳр! – деп бақырып жиберди. 39 Алдында кетип баратырғанлар үнин шығармаўды айтып, оған кейиди. Бирақ ол оннан да бетер қатты бақырып: – Даўыттың Урпағы! Маған реҳим ете гѳр! – деди. 40 Сонда Ийса тоқтап, соқыр адамды қасына алып келиўди буйырды. Соқыр адам жақынлағанда, Ийса оннан: 41 – Сен ушын не ислеўимди қәлейсең? – деп сорады. – Ийем, кѳзлерим кѳретуғын болсын, – деди ол. 42 Ийса оған: – Кѳзлериң кѳретуғын болсын, исенимиң сени қутқарды, – деди. 43 Сол ўақытта-ақ соқыр адамның кѳзлери кѳре баслады ҳәм Ќудайды алғыслап, Ийсаның изине ерди. Буны кѳрген пүткил халық та Ќудайды мақтады.
1 Ийса Ерихо қаласына кирип, оның ишинен ѳтти. 2 Сол жерде Зақай атлы бир адам бар еди. Ѳзи салықшылардың баслығы болып, бай адам еди. 3 Ол Ийсаның қандай екенлигин кѳриўге умтылатуғын еди. Бирақ адамлар кѳп болғанлықтан, кѳре алмады. Ѳйткени оның бойы пәс еди. 4 Ийсаны кѳриў ушын ол алға қарай жуўырып, жабайы әнжир терегине шығып алды. Себеби Ийса усы жерден ѳтиўи керек еди. 5 Ийса сол жерге келгенде жоқарыға қарап, оған: – Зақай, тезирек тѳмен түс! Бүгин сениң үйиңде қалыўым керек, – деди. 6 Ол тезлик пенен тѳмен түсип, Ийсаны қуўаныш пенен қабыл алды. 7 Буны кѳргенлердиң ҳәммеси: – Ол гүнакар адамның үйине қонаққа барды, – деп наразылық билдире баслады. 8 Бирақ Зақай орнынан турып, Ийемизге: – Ийем, мал-мүлкимниң ярымын жарлыларға беремен. Егер кимниң ҳақын жеген болсам, тѳрт есе артығы менен қайтарып беремен, – деди. 9 Сонда Ийса: – Бүгин бул үйге қутқарылыў келди. Ѳйткени бул адам да Ибрайымның урпағы-ғо. 10 Себеби Адам Улы адасқанларды таўып, қутқарыў ушын келди, – деди. 11 Буларды тыңлап отырғанларға Ийса тымсал менен сѳзин даўам етти. Ѳйткени Ол Ерусалимге жақынласып қалғанлықтан, олар: «Ќудай Патшалығы жақын арада келеди», – деп ойлаған еди. 12 Сонлықтан Ийса былай деди: – Бир ақсүйек адам ѳзине патшалық бийлигин алып қайтыў ушын, узақ елге кетпекши болыпты. 13 Ол ѳзиниң он хызметшисин шақырып алып: «Мен қайтып келемен дегенше, бул ақшаны айланысқа жибериңлер», – деп, оларға он мина берипти. 14 Бирақ оған қараслы пуқаралар оны жек кѳретуғын еди. Сонлықтан оның изинен ўәкиллерин жиберип: «Оның бизлердиң үстимизден патша болыўын қәлемеймиз», – деп айтып қалыпты. 15 Бирақ ол патша болып қайтып келгенде, ѳзи берген ақшалар менен ким қанша арттырғанын билиў ушын хызметшилерин ѳзине шақыртыпты. 16 Бириншиси келип: «Хожайын! Сениң бир минаң және он мина арттырды», – депти. 17 Хожайыны оған: «Бәрекелла, жақсы хызметшим! Кишкене исте исенимли болғаның ушын, сен он қала үстинен басқарыўға бийлик аласаң», – депти. 18 Екиншиси келип: «Хожайын, сениң бир минаң және бес мина арттырды», – депти. 19 Хожайыны оған да: «Сен бес қаланың үстинен басқарыўшы боласаң», – депти. 20 Соңынан басқасы да келип: «Хожайын! Мине, сениң минаң. Мен оны бет орамалға түйип сақладым. 21 Мен сеннен қорқтым. Себеби сен қоймаған жериңнен алып, екпеген жериңнен оратуғын қатал адамсаң», – депти. 22 Хожайыны оған: «Ҳәй, жаман хызметши! Сени ѳз аўзыңнан шыққан сѳзлериң менен айыплайман. Мениң қоймаған жерден алатуғын, екпеген жерден оратуғын қатал адам екенимди биледи екенсең, 23 неге енди ақшамды айланысқа берип жибермедиң? Сонда мен қайтып келгенимде, оны пайдасы менен қайтарып алар едим-ғо», – депти. 24 Соң қасында турғанларға қарап: «Оннан минаны алың да, он минасы барға бериңлер», – депти. 25 «Хожайын, оның он минасы бар-ғо», – десипти олар. 26 Сизлерге айтатуғыным: кимде бар болса, оған және де мол етип бериледи, ал кимде жоқ болса, оның бары да тартып алынады. 27 Енди үстилеринен патша болыўымды қәлемеген душпанларымды бул жерге алып келиң де, кѳзимниң алдында ѳлтириңлер, – депти патша. 28 Усыларды айтып болғаннан кейин Ийса жол баслап, Ерусалимге қарай жүрди. 29 Ол Зәйтүн деп аталатуғын таўдың етегиндеги Бетфаге ҳәм Бетания деген аўылларға келгенде еки шәкиртин жумсап, 30 оларға былай деди: – Ќарсы алдыңыздағы аўылға барыңлар. Оған киргениңизде, еле ҳеш ким минбеген, байлап қойылған гүррени табасызлар. Оны шешип, алып келиңлер. 31 Егер биреў: «Оны неге шешип атырсызлар?» – деп сораса, «Ол Ийемизге керек», – деп айтыңлар. 32 Жиберилгенлер барып, Ийсаның ѳзлерине айтқанларын анық тапты. 33 Олар гүррени шешип атырғанда, оның ийелери: – Гүррени неге шешип атырсызлар? – деп сорады. 34 Олар: – Ол Ийемизге керек, – деп жуўап берди. 35 Олар гүррени Ийсаға алып келди. Оның үстине ѳзлериниң шапанларын салып, оған Ийсаны миндирди. 36 Ийса баратырғанда, адамлар жолға шапанларын тѳседи. 37 Ийса Зәйтүн таўынан тѳмен түсетуғын жерге жақынлағанда, Оның барлық шәкиртлериниң топары ѳзлери кѳрген барлық кәраматлары ушын қуўанышлы түрде бәлент даўыс пенен Ќудайға мақтаўлар айта баслады: 38 «Ийемиздиң атынан келиўши Патша жарылқанған! Аспанда тынышлық, ең жоқарыдағы Ќудайға алғыс болсын!» 39 Халық арасында турған гейбир парисейлер Ийсаға: – Устаз, шәкиртлериңе тыйым сал, – деди. 40 Ийса оларға: – Сизлерге айтатуғыным: егер олар үндемей қалса, таслар бақырады, – деди. 41 Ийса Ерусалимге жақынлағанда оны кѳрип жылап жиберди де: 42 – Оҳ, ҳеш болмаса усы күниңде тынышлығыңа нелер керек екенин билсең еди! Бирақ бул ҳәзир сениң кѳзлериңнен жасырылған. 43 Душпанларың бекинислер жасап, сени қоршап, жән-жақтан қысатуғын күнлер басыңа түседи. 44 Олар сени ҳәм сениң ишиңдеги балаларыңды жер менен жексен қылады. Сенде тас үстинде тас қалдырмайды. Ѳйткени сен Ќудайдың саған келген ўақтын билмедиң, – деди. 45 Соңынан Ийса Ибадатханаға кирип, ол жерден сатыўшыларды қуўып шығара баслады. 46 Оларға: – «Мениң үйим дуўа ететуғын үй болады», – деп Мухаддес Жазыўда айтылған, ал сизлер оны қарақшылардың уясына айландырдыңлар! – деди. 47 Ийса ҳәр күни Ибадатханада тәлим беретуғын еди. Бас руўханийлер, диний муғаллимлер ҳәм халық басшылары Оны жоқ қылыўдың жолын изледи. 48 Бирақ буның илажын таба алмады, себеби пүткил халық Ийсаның сѳзлерин жан-тәни менен тыңлайтуғын еди.
1 Күнлердиң биринде Ийса халыққа Ибадатханада тәлим берип, оларға Хош Хабарды жәриялап турғанда, Оның қасына бас руўханийлер ҳәм диний муғаллимлер ақсақаллар менен бирге келип, 2 Оннан: – Бизлерге айтшы, бул ислерди қандай бийлик пенен ислеп жүрсең ҳәм бундай бийликти Саған ким берди? – деп сорады. 3 Ийса жуўап қайтарып: – Мен де сизлерден бир нәрсени сорайын. Айтыңларшы: 4 Яқыяның шомылдырыўы аспаннан болды ма ямаса адамлардан ба? – деди. 5 Олар ѳз ара ойласып: – Егер «аспаннан» десек, Ол бизлерге: «Онда неге сизлер оған исенбедиңлер», – деп айтар. 6 Ал егер «адамлардан» десек, пүткил халық бизлерге тас атар, ѳйткени олар Яқыяның пайғамбар екенине исенеди, – дести. 7 Сонлықтан олар Ийсаға: – Ќаяқтан екенин билмеймиз, – деп жуўап берди. 8 Сонда Ийса оларға: – Мен де сизлерге бул ислерди қандай бийлик пенен ислейтуғынымды айтпайман, – деди. 9 Соңынан Ийса халыққа мына тымсалды айтып берди: – Бир адам жүзим бағын отырғызыпты ҳәм оны дийханларға ижараға берип, ѳзи узақ ўақытқа алыс жерге кетип қалыпты. 10 Терим мәўсими келгенде, бағдың жемисинен тийисли үлесин алыў ушын, ол дийханларға ѳзиниң бир хызметшисин жиберипти. Бирақ дийханлар оны урып, қуры қол қайтарыпты. 11 Ол басқа хызметшисин жибергенде, оны да урып, масқаралап, қуры қол қайтарыпты. 12 Үшиншисин жумсағанда, оны да жарадар етип, қуўып жиберипти. 13 Сонда жүзим бағының ийеси: «Не қылсам екен? Сүйикли улымды жиберейин. Мүмкин, оны ҳүрмет етер», – депти. 14 Бирақ дийханлар оны кѳрип, ѳз ара ойласып: «Бул мийрасхор-ғо. Жүриңлер, оны ѳлтирейик, сонда мийрас мүлки бизлерге қалады», – десипти де, 15 оны жүзим бағынан сыртқа шығарып, ѳлтирипти. Енди жүзим бағының ийеси оларға не ислейди? 16 Ол келип, сол дийханларды жоқ қылады да, жүзим бағын басқаларға береди. Буны еситкенлер: – Ќудай сақласын! – дести. 17 Бирақ Ийса кѳзлерин оларға тигип: – Олай болса, Мухаддес Жазыўдағы: «Ќурылысшылар керексиз деп таслаған тас, Үйдиң мүйешиниң тийкарғы тасы болды», – деген сѳзлер нени аңлатады? 18 Сол тасқа түскен ҳәр бир адамның шыл-пәршеси шығады. Тас кимниң үстине түссе, соны женшип таслайды, – деди. 19 Ийсаның бул тымсалды ѳзлерине тийгизип айтып атырғанын түсинген диний муғаллимлер менен бас руўханийлер Оны сол ўақытта-ақ қолға алыўға тырысты, бирақ халықтан қорқты. 20 Олар Ийсаны дыққат пенен аңлый баслады. Ийсаны сѳзинен тутып, Оны ҳәкимниң бийлигине ҳәм ҳүкимине тапсырыў ушын, Оған ѳзлерин ҳақ нийетли қылып кѳрсететуғын жансызларды жиберди. 21 Жансызлар Ийсадан: – Устаз, бизлер Сениң ҳақыйқатты айтып тәлим берип атырғаныңды билемиз. Ҳеш кимниң бет-жүзине қарамай, Ќудайдың жолын дурыс үйретип отырсаң. 22 Айтшы, бизлердиң Рим патшасы-Ќайсарға салық тѳлеўимиз дурыс па ямаса надурыс па? – деп сорады. 23 Бирақ Ийса олардың ҳийлесин түсинип, оларға: 24 – Маған бир динар кѳрсетиңлер. Бунда кимниң сүўрети бар ҳәм кимниң аты жазылған? – деди. Олар: – Ќайсардың, – деп жуўап берди. 25 Сонда Ийса: – Олай болса, Ќайсардың ҳақын Ќайсарға, Ќудайдың ҳақын Ќудайға бериңлер, – деди. 26 Солай етип, олар Ийсаны халық алдында айтқан бирде бир сѳзинен тута алмады. Оның жуўапларына таң қалысып, лал болып қалды. 27 Ќайта тирилиў жоқ деўши саддукейлердиң айырымлары Ийсаға келип, Оннан: 28 – Устаз, Муўса бизлерге: «Егер биреўдиң ағасы баласыз ѳлип ҳаялын қалдырса, иниси оның ҳаялын алып, ѳз ағасының урпағын даўам еттирсин», – деп жазып қалдырған. 29 Жети ағайинли бар еди: бириншиси үйленип, баласыз ѳлди. 30 Екиншиси де, 31 үшиншиси де сол ҳаялды алды. Ҳаялды жетеўиниң ҳәммеси де алып, бала қалдырмай ѳлип кетти. 32 Ең соңында ҳаялдың ѳзи де қайтыс болды. 33 Ал қайта тирилиўде ол жетеўиниң ишинде қайсысының ҳаялы болады? Ол жетеўине де ҳаял болған еди-ғо, – деп сорады. 34 Ийса жуўап берип былай деди: – Бул дүньяның адамлары үйленеди ҳәм турмысқа шығады. 35 Ал келеси дүньяға ҳәм ѳлимнен қайта тирилиўге ылайықлы болғанлар үйленбейди де, турмысқа да шықпайды. 36 Олар периштелер сыяқлы болғанлықтан, енди ѳлмейди. Ѳлимнен қайта тирилгенликтен, Ќудайдың балалары болады. 37 Муўса да ѳлгенлердиң қайта тирилетуғынын жанып турған пута ҳаққында аятта кѳрсеткен еди. Ол сол жерде Жаратқан Ийемизди: «Ибрайымның Ќудайы, Ысақтың Ќудайы, Яқыптың Ќудайы» деп атаған. 38 Ќудай ѳлилердиң емес, ал тирилердиң Ќудайы. Себеби Оған тийисли адамлардың ҳәммеси тири. 39 Диний муғаллимлердиң гейбиреўлери: – Устаз, Сен дурыс айттың, – деди. 40 Оған және сораў бериўге ҳеш кимниң батылы бармады. 41 Ийса оларға былай деди: – Неге Масихты Даўыттың Урпағы деседи? 42 Даўыттың ѳзи Забурда: «Ийем мениң Ийеме айтты: 43 „Душпанларыңды аяғыңның астына бастырмағанымша, Мениң оң жағымда отыр!“» – деген-ғо. 44 Солай етип, Даўыт Оны «Ийем» деп атаған болса, Ол қалайынша оның Урпағы болады? 45 Пүткил халық тыңлап турғанда, Ийса Ѳз шәкиртлерине: 46 – Диний муғаллимлерден сақ болыңлар! Олар узын кийим кийиўди, базар майданларында ѳзлерине сәлем берилиўин, мәжилисханаларда сыйлы орында, зыяпатларда тѳрде отырыўды жақсы кѳреди. 47 Олар жесир ҳаяллардың үйлерин жалмап жутып, кѳзге кѳриниў ушын узын дуўа етеди. Бундай адамлар ең аўыр жаза алады, – деди.
1 Ийса нәзер салып, Ибадатхананың садақа қутысына Ќудайға арналған сыйларын салып атырған байларды кѳрди. 2 Ол бир ғәрип жесир ҳаялдың да еки тийин салғанын кѳрип: 3 – Сизлерге ҳақыйқатын айтаман: бул жарлы жесир ҳаял ҳәммеден кѳп салды. 4 Ѳйткени булардың ҳәммеси ѳз байлықларынан аўысқанын салды. Ал бул ҳаял жарлы болса да, күн кѳрисине керекли барлық ақшасын салды, – деди. 5 Гейбиреўлер Ибадатхананың сулыў таслар ҳәм Ќудайға арналған сыйлар менен безетилгенин айтып турғанда, Ийса: 6 – Сизлер усы жерде кѳрип турғанларыңыздан тас үстинде тас қалмай, ҳәммеси қыйратылатуғын күнлер келеди, – деди. 7 Олар Ийсадан: – Устаз, булар қашан болады? Булардың болатуғынын алдын ала қандай белги билдиреди? – деп сорады. 8 Ийса оларға: – Алданыўдан сақ болыңлар! Себеби кѳплер Мениң атым менен келип: «Мен – Масихпан» ямаса «Ўақыт жақын» дейди. Олардың излерине ермеңлер. 9 Урыслар ҳәм кѳтерилислер ҳаққында еситкениңизде, қорқпаңлар. Ѳйткени дәслеп усылар болыўы тийис. Бирақ ақыры дәрҳал келмейди, – деди. 10 Соңынан Ийса оларға былай деди: – Миллет миллетке қарсы, патшалық патшалыққа қарсы кѳтериледи. 11 Күшли жер силкиниўлер, кѳп жерлерде ашаршылықлар ҳәм қырғынлар болады. Аспаннан қорқынышлы қубылыслар ҳәм уллы кәраматлы белгилер жүз береди. 12 Бирақ булардың ҳәммесинен бурын адамлар сизлерди услап алып қуўғын қылады, мәжилисханаларға тапсырып, қамаққа салады. Мениң атым ушын сизлерди патшалар менен ҳәкимлердиң алдына алып барады. 13 Сонда сизлерге Мен туўралы гүўалық бериўге мүмкиншилик туўылады. 14 Сонлықтан ѳзлериңизди қалай қорғаўды алдын ала ойламаўды кеўиллериңизге түйип алыңлар. 15 Себеби Мен сизлерге сондай шешенлик пенен даналық беремен, сизлерге қарсы шыққанлардың ҳеш қайсысы да қарсы сѳйлей де, сѳзлериңизди бийкарлай да алмай қалады. 16 Ҳәтте, ата-ана, аға-ини, ағайин-туўған ҳәм досларыңыз да сизлерге сатқынлық ислейди. Ал гейбиреўлериңизди ѳлтиреди. 17 Мениң атым себепли, сизлерди ҳәмме жек кѳреди. 18 Бирақ басларыңыздағы бир тал шаш та набыт болмайды. 19 Сабырлық пенен ѳз жаныңызды қутқарасызлар. 20 – Ерусалимди әскерлердиң қоршап алғанын кѳргениңизде, оның ўайран болатуғын ўақтының жақынлағанын билиңлер. 21 Сонда Яҳудиядағылар таўларға қашсын. Ќаланың ишиндегилер тез сыртқа шықсын, әтираптағылар қалаға кирмесин. 22 Ѳйткени сол күнлер Мухаддес Жазыўда айтылғанлардың ҳәммеси орынланатуғын жаза күнлери болады. 23 Сол күнлери жүкли ҳәм емизиўли ҳаялларға қандай қыйын болады! Себеби жер жүзинде үлкен апатшылық болып, бул халық Ќудайдың ғәзебине ушырайды. 24 Олар қылыш жүзинен ѳткерилип, барлық еллерге тутқын етилип алып кетиледи. Басқа миллетлердиң дәўраны тамам болмағанша, Ерусалим олар тәрепинен аяқ асты қылынады. 25 – Ќуяш, ай ҳәм жулдызларда кәраматлы белгилер пайда болады. Жер жүзинде халықлар теңиздиң шуўлап толқынланғанынан үмитсизликке түсип албырайды. 26 Адамлар дүньяға киятырған апатшылықты күтип, қорқыўдан ҳәлсизленеди. Ѳйткени аспан күшлери силкинеди. 27 Сонда адамлар Адам Улының уллы қүдирет ҳәм салтанат пенен бултта киятырғанын кѳреди. 28 Бул ўақыялар бола баслағанда турып, басларыңызды кѳтериңлер. Себеби қутқарылыўыңыз жақын. 29 Ийса оларға мына тымсалды айтып берди: – Єнжир ағашына ҳәм басқа барлық тереклерге қараңлар. 30 Олардың жапырақ шығара баслағанын кѳргениңизде, жаздың жақынлағанын ѳзлериңиз билесизлер. 31 Сол сыяқлы, сизлер бул ўақыялардың болып атырғанын кѳргениңизде, Ќудай Патшалығының жақын екенин билиңлер. 32 Сизлерге шынын айтып турман: бул әўлад жоқ болып кетпесинен бурын булардың ҳәммеси болады. 33 Аспан ҳәм жер жойылады, бирақ Мениң сѳзлерим ҳеш жойылмайды. 34 Сақ болыңлар! Шағал мәслик қылып, мәс болып, турмыс тәшиўишлери астында жүреклериңизди аўыр жүк баспасын. Және сол күн сизлерге тор сыяқлы тосаттан түспесин. 35 Ѳйткени сол күн пүткил жер жүзинде жасаўшылардың басына түседи. 36 Сол себептен болажақ бул ислерден қутылып, Адам Улы алдында тура алыў ушын ҳәмме ўақыт сергек болып, дуўа етиңлер. 37 Ийса күндиз Ибадатханада тәлим берип, ал түнлерин болса қаладан шығып, Зәйтүн таўында ѳткизетуғын еди. 38 Таң атыўдан пүткил халық Ийсаны тыңлаў ушын Ибадатханаға келетуғын еди.
1 Ќутқарылыў байрамы деп аталатуғын Ашытқысыз нан байрамы жақынлап қалған еди. 2 Бас руўханийлер ҳәм диний муғаллимлер халықтан қорққанлықтан, Ийсаны жасырын түрде ѳлтириўдиң жолын изледи. 3 Сонда он еки елшиниң бири – Исқариот деп аталған Яҳуданың ишине шайтан кирип алды. 4 Яҳуда барып, бас руўханийлер ҳәм Ибадатхананың бас қараўыллары менен Ийсаны оларға қалай услап бериўди ойласты. 5 Олар қуўанысып, оған ақша бериўге келисим берди. 6 Яҳуда ўәде берип, Ийсаны оларға халық жоқ жерде услап бериў ушын қолайлы пайыт изледи. 7 Ќутқарылыў байрамының қозысы шалыныўы керек болған Ашытқысыз нан байрамы жетип келди. 8 Ийса Петр менен Юханды жиберип: – Барыңлар, бизлер ушын Ќутқарылыў байрамының асын таярлаңлар, – деди. 9 Олар: – Ќай жерде таярлаўымызды қәлейсең? – деп сорады. 10 Ийса оларға былай деди: – Ќалаға киргениңизде, гүзе менен суў кѳтерип киятырған адамға гезлесесиз. Оның изине ерип, ол кирген үйге кириңлер 11 ҳәм үйдиң ийесине: «Устазымыз: „Шәкиртлерим менен бирге байрам асын жейтуғын бѳлмем қәне?“ – деп сеннен сорап атыр», – деңлер. 12 Ол сизлерге тѳсеклер тѳселген жоқарыдағы үлкен бѳлмени кѳрсетеди. Сол жерде таярлаңлар. 13 Олар барып, Ийсаның айтқанларының ҳәммесин таўып, байрам асын таярлады. 14 Аўқатланатуғын ўақыт болғанда, Ийса елшилери менен бирге дастурхан әтирапына отырды. 15 Оларға: – Азап шекпесимнен бурын бул байрам асын сизлер менен бирге жеўди қатты қәлеген едим. 16 Сизлерге айтатуғыным: бул Ќудай Патшалығында орынланбағанша, Мен бул асты енди жемеймен, – деди. 17 Соңынан Ийса қолына кесени алып, шүкирлик етти де: – Буны алып, ѳз ара бѳлисип ишиңлер. 18 Себеби Мениң сизлерге айтатуғыным: Ќудай Патшалығы келмегенше, Мен енди жүзим ишимлигинен ишпеймен, – деди. 19 Соң нанды алып, Ќудайға шүкирлик етти ҳәм оны сындырып, оларға берди де: – Бул – сизлер ушын берилетуғын Мениң денем. Мени еслеп турыў ушын буны ислеңлер, – деди. 20 Сол сыяқлы, кешки аўқаттан соң кесени алып: – Бул – Мениң сизлер ушын тѳгилетуғын қаным менен бекитилетуғын Жаңа Келисим. 21 Бирақ қараңлар, Мени сататуғын адамның қолы Мениң қолым менен бирге дастурханда. 22 Адам Улы Ќудай алдын ала белгилегендей баратыр. Бирақ Оған сатқынлық қылыўшы ҳәсирет шегеди! – деди. 23 Шәкиртлер бир-биринен: – Бул исти ислейтуғын қайсысымыз? – деп сорай баслады. 24 Шәкиртлер арасында қайсысының ең уллы болып есапланыўы керек екени ҳаққында бир тартыс та пайда болды. 25 Ийса оларға былай деди: – Миллетлердиң патшалары ѳз халықлары үстинен үстемлик етеди, оларға бийлик етиўшилер «халықтың қайырқомлары» деп аталады. 26 Бирақ сизлер бундай болмаңлар. Керисинше, араңызда ең үлкен болған ең кишидей болсын, басшы да хызметшидей болсын. 27 Ќайсы бири уллы: дастурхан басында отырған ба ямаса хызмет етип турған ба? Дастурхан басында отырған емес пе? Бирақ Мен сизлердиң араңызда хызметшидеймен. 28 Сынаўдан ѳткен ўақтымда сизлер Мениң менен бирге болдыңлар. 29 Єкем Маған патшалық бийлигин бергени сыяқлы, Мен де сизлерге патшалық бийлигин беремен. 30 Солай етип, сизлер Мениң Патшалығымның дастурханы әтирапында ишип жейсизлер, тахтларда отырып, Израилдың он еки урыўын ҳүким етесизлер. 31 Ийса Петрге: – Симон, Симон! Адамлардың бийдайды кепшик пенен желпигени сыяқлы, шайтан сизлерди сынаў ушын рухсат сораған еди. 32 Бирақ Мен исенимиң таўсылмасын деп, сен ушын дуўа еттим. Сен Маған қайтып келгениңде, туўысқанларыңның исенимин беккемле, – деди. 33 Симон Ийсаға: – Ийем! Сениң менен бирге қамаққа да, ѳлимге де барыўға таярман, – деди. 34 Бирақ Ийса оған: – Петр, саған айтатуғыным: бүгин қораз шақырмастан бурын сен Мени танымайман деп, Меннен үш рет танасаң, – деди. 35 Соң Ийса шәкиртлерине: – Мен сизлерди шыжлансыз, дорбасыз, аяқ кийимсиз жибергенимде, не нәрседен кемшилик кѳрдиңлер? – деди. – Ҳеш нәрседен, – деп жуўап берди олар. 36 Сонда Ийса оларға: – Ал енди кимниң шыжланы болса, оны алып жүрсин. Және дорбасын да алсын. Кимниң қылышы болмаса, кийимин сатып, қылыш алсын. 37 Ѳйткени сизлерге айтатуғыным: Мухаддес Жазыўдағы: «Ол жынаятшыларға қосып саналды», – деген аят Менде әмелге асыўы керек. Аўа, Мен туўралы жазылғанлар орынланып атыр, – деди. 38 – Ийем! Ќара, бул жерде еки қылыш бар, – деди олар. – Сол жетеди, – деди Ийса. 39 Ийса шығып, Ѳз әдети бойынша Зәйтүн таўына кетти. Шәкиртлери де Оның изине ерди. 40 Сол жерге келгенде, Ийса оларға: – Азғырылмаўыңыз ушын дуўа етиңлер, – деди. 41 Ѳзи олардан тас ылақтырым жердей аўлағырақ барып, дизерлеп отырды да, былай деп дуўа етти: 42 – О, Єкем, егер Сен қәлесең, бул азап кесесин Меннен ѳткизип жибер. Бирақ Мениң емес, Сениң қәлегениң болсын. 43 Сонда аспаннан бир периште Ийсаға кѳринип, Оған күш берди. 44 Ол азап шегип атырып, және де күшлирек дуўа етти. Оның тери жерге тамған қан тамшылары сыяқлы еди. 45 Ийса дуўа етип болып, орнынан турды да, шәкиртлериниң қасына келди. Олардың қайғыдан шаршап, уйықлап атырғанын кѳрди. 46 Оларға: – Неге уйықлап атырсызлар? Турыңлар, азғырылмаўыңыз ушын дуўа етиңлер, – деди. 47 Ийса еле сѳйлеп турғанда, бир топар адамлар пайда болды. Олардың алдында он еки шәкиртиниң бири Яҳуда киятыр еди. Ол Ийсаны сүйиў ушын Оған жақынласты. 48 Ийса оған: – Яҳуда! Сен Адам Улын сүйип турып, Оған сатқынлық ислейсең бе? – деди. 49 Ийсаның қасындағылар не болажағын сезип: – Ийем, қылышты иске салайық па? – деди. 50 Олардың биреўи бас руўханийдиң қулының оң қулағын шаўып таслады. 51 Бирақ Ийса: – Тоқтатыңлар, жетер енди! – деп қулдың қулағына қолын тийгизип, жазып жиберди. 52 Соң Ийса Ѳзин услаўға келген бас руўханийлерге, Ибадатхананың бас қараўылларына ҳәм ақсақалларға былай деди: – Мени услаў ушын жынаятшыға қарсы шыққандай болып, қылыш ҳәм шоқмар алып келдиңлер ме? 53 Мен ҳәр күни сизлер менен бирге Ибадатханада болғанымда, Маған қарсы қол кѳтермедиңлер. Бирақ енди заман сизики, ҳәзир қараңғылық үстемлик ететуғын ўақыт. 54 Олар Ийсаны услап, бас руўханийдиң үйине алып барды. Ал Петр узақтан ерип келди. 55 Ҳәўлиниң ортасына от жағып, ҳәммеси бирге отырғанда, Петр де олардың арасында отырған еди. 56 Бир шоры қыз Петрдиң оттың қасында отырғанын кѳрип, оған тигилип қарады да: – Бул адам да Оның менен бирге еди, – деди. 57 Бирақ Петр қызға: – Яқ, қарындасым, мен Оны танымайман, – деп Ийсадан танды. 58 Бираздан кейин басқа биреў де Петрди кѳрип: – Сен де солардың бирисең, – деди. Бирақ Петр оған: – Яқ, аға, мен олардан емеспен, – деди. 59 Бир сааттай ѳткеннен соң, тағы биреў: – Расында да, мына адам Оның менен бирге болған, себеби ол галилалы-ғо, – деди беккем исеним менен. 60 Бирақ Петр оған да: – Аға, сениң не айтып турғаныңды түсинбеймен, – деди. Тап сол ўақытта, ол сѳйлеп турғанда, қораз шақырды. 61 Ийемиз Ийса бурылып, Петрге қарады. Сонда Петр Ийемиздиң: «Бүгин қораз шақырмастан бурын сен Меннен үш рет танасаң», – деген сѳзин есине түсирди. 62 Сыртқа шығып кетип, ѳкирип жылады. 63 Ийсаны услап турған адамлар Оны масқаралап ура баслады. 64 Оның кѳзлерин байлап, Оннан: – Ўәлийлик етип айт, Сени ким урды? – деп сорады. 65 Оған және басқа да кѳп жаман сѳзлер айтты. 66 Таң атқаннан кейин, халық ақсақаллары, яғный бас руўханийлер менен диний муғаллимлер бирге жыйналып мәсләҳәтлести де, Ийсаны ѳзлериниң жоқарғы кеңесине апарды. 67 Оннан: – Бизлерге айт, Сен Масихпысаң? – деп сорады. Ийса оларға: – Мен сизлерге айтсам да, исенбейсизлер. 68 Сизлерге сораў берсем де, жуўап бермейсизлер. 69 Бирақ ендигиден былай, Адам Улы қүдиретли Ќудайдың оң жағында отырады, – деди. 70 Сонда ҳәммеси: – Демек, Сен Ќудайдың Улымысаң? – деп сорады. Ийса оларға: – Мениң Сол екенимди ѳзлериңиз айттыңыз, – деп жуўап берди. 71 Сонда олар: – Бизлерге және қандай гүўалық керек? Ѳз аўзынан еситтик-ғо, – дести.
1 Сонда жыйналғанлардың ҳәммеси орынларынан турып, Ийсаны Пилатқа алып барды да, 2 Оны былай деп айыплай баслады: – Бизлер бул Адамның халқымызды жолдан азғырып жүргенин анықладық. Ол Рим патшасы-Ќайсарға салық тѳлеўге қарсы шығып, Ѳзин Масихпан, яғный Патшаман деп атайды. 3 Пилат Ийсадан: – Сен Яҳудийлердиң Патшасымысаң? – деп сорады. Ийса оған: – Сол екенимди ѳзиң айттың, – деп жуўап берди. 4 Пилат бас руўханийлер менен халыққа: – Мен бул Адамнан ҳеш бир айып таппай турман, – деди. 5 Бирақ олар айтқанынан қайтпай: – Ол Галила үлкесинен баслап, ҳәтте, усы жерге дейин пүткил Яҳудияда Ѳз тәлийматын тарқатып, халыққа қозғалаң салып жүр, – дести. 6 Пилат буны еситкенде: – Бул Адам галилалы ма? – деп сорады. 7 Ийсаның Ҳиродқа қараслы үлкеден екенин билгенде, Пилат Оны Ҳиродқа жиберди. Сол күнлери Ҳиродтың ѳзи де Ерусалимде еди. 8 Ҳирод Ийсаны кѳргенде қатты қуўанды. Ѳйткени Ол туўралы кѳп еситкенликтен, Оны бурыннан кѳргиси келетуғын ҳәм бир кәрамат кѳрсетер деп үмитленетуғын еди. 9 Ол Ийсаға кѳп сораўлар берди, бирақ Ийса ҳеш жуўап бермеди. 10 Ал бас руўханийлер менен диний муғаллимлер сол жерде турып, Ийсаны қатты айыплады. 11 Ҳирод та ѳз әскерлери менен бирге Оны кемситип масқаралады да, Оған патшаның липасын кийгизип, Пилатқа қайтарып жиберди. 12 Бул ўақыядан бурын бир-бирине душпан болып келген Ҳирод пенен Пилат сол күни дос болып қалды. 13 Пилат бас руўханийлерди, басшыларды ҳәм халықты шақыртып алып, 14 оларға: – Сизлер маған бул Адамды халықты жолдан азғырып жүр деп, алып келдиңлер. Мине, мен сизлердиң кѳз алдыңызда Оны тергесем де, сизлердиң қойған айыпларыңыздың биреўин де Оннан таппадым. 15 Ҳирод та ҳеш нәрсе таппай, Оны бизлерге қайтарып жиберди. Кѳрип турғаныңыздай, Ол ѳлим жазасына ылайық ҳеш нәрсе ислемеген. 16 Сонлықтан Оны жазалап, босатып жиберемен, – деди. 18 Бирақ халықтың ҳәммеси бир аўыздан: – Бул Адамды жоқ қыл! Бизлерге Барабаны босатып бер! – деп бақырысты. 19 Бараба қалада жүз берген қозғалаңға қатнасып, адам ѳлтиргени ушын қамалған еди. 20 Пилат Ийсаны босатып жибермекши болып, оларға қарата және сѳйледи. 21 Бирақ олар: – Оны атанақ ағашқа шегелет! Шегелет! – деп бақырысты. 22 Пилат үшинши рет оларға: – Ол қандай жаманлық иследи, ақыры? Мен Оннан ѳлимге ылайықлы ҳеш айып таппадым. Солай екен, Оны жазалап, босатып жиберейин, – деди. 23 Бирақ олар даўысларының барынша бақырыўды даўам етип, Ийсаны атанақ ағашқа шегелетиўди талап қылды ҳәм ақырында ѳз дегенлерине еристи. 24 Солай етип, Пилат олардың талапларын орынлаўға қарар етти. 25 Олардың сораған адамын, қозғалаң кѳтергени ҳәм адам ѳлтиргени ушын қамақта отырған адамды босатып, Ийсаны олардың еркине тапсырды. 26 Єскерлер Ийсаны алып баратырғанда, аўылдан киятырған Симон деген киренели бир адамды услап алып, оған атанақ ағашты арқалатып, Ийсаның изинен жүриўге мәжбүрледи. 27 Ийсаның изине жүдә кѳп халық ерип жүрди. Арасында Ол ушын зарлап жыласқан ҳаяллар да бар еди. 28 Ийса оларға бурылып былай деди: – Ерусалим қызлары! Мен ушын жыламаңлар. Бирақ ѳзлериңиз ҳәм балаларыңыз ушын жылаңлар. 29 Себеби: «Нәсилсиз ҳаяллар, ҳеш қашан туўмаған қурсақлар ҳәм бала емизбеген кѳкиреклер бахытлы!» – деп айтатуғын күнлер келеди. 30 Сонда таўларға: «Үстимизге қулаңлар!», тѳбешиклерге: «Бизлерди бастырыңлар!» – деседи. 31 Ѳйткени жап-жасыл ағашқа усылай ислесе, қуўраған ағашқа не қылады екен? 32 Ийса менен бирге еки жынаятшыны да ѳлимге алып барды. 33 «Бас сүйеги» деген жерге келгенде, олар Ийсаны еки жынаятшы менен бирге атанақ ағашқа шегеледи. Жынаятшылардың биреўи Оның оң тәрепинде, екиншиси шеп тәрепинде еди. 34 Ийса: – Єке, оларды кешире гѳр! Олар не ислеп атырғанын билмейди, – деди. Єскерлер шек тасласып, Ийсаның кийимлерин бѳлисти. 35 Халық сол жерде қарап турды. Ал басшылар Ийсаның үстинен күлип: – Ол басқаларды қутқарған еди-ғо. Егер Ол Ќудайдың жиберген Масихы, Ќудайдың Таңлағаны болса, Ѳзин Ѳзи қутқарсын, – деди. 36 Єскерлер де Оған жақынласып, Оны масқаралады ҳәм сирке суўын берип: 37 – Егер Сен Яҳудийлердиң Патшасы болсаң, Ѳзиңди Ѳзиң қутқар, – дести. 38 Ийсаның бас бетинде: «БУЛ – ЯҲУДИЙЛЕРДИЊ ПАТШАСЫ» деген жазыў бар еди. 39 Атанақ ағашқа шегеленген жынаятшылардың бири: – Сен Масих емессең бе? Ќәне, онда Ѳзиңди де, бизлерди де қутқар, – деп мазақ етти. 40 Ал екиншиси оған кейип: – Ѳзиң де бирдей жазаға ҳүким етилип турып, Ќудайдан қорқпайсаң ба? 41 Бизлер ислеримизге ылайық әдил жаза алдық. Ал Ол ҳеш қандай жаманлық қылған жоқ-ғо, – деди. 42 Соң Ийсаға: – Ийса, Ѳз Патшалығыңа келгениңде, мени есиңе ал! – деди. 43 Ийса оған: – Саған шынын айтаман: сен бүгин Мениң менен бирге жәннетте боласаң, – деди. 44 - 45 Түски саат он екилер шамасында күн жақтысын түсирмей, саат үшлерге дейин пүткил жерди қараңғылық қаплап турды. Ибадатханадағы Мухаддесхананың пердеси ортасынан екиге бѳлинип, жыртылып кетти. 46 Ийса бәлент даўыс пенен бақырып: – Єке! Руўхымды Сениң қолыңа тапсыраман, – деди. Усыны айтып болды да, жан тапсырды. 47 Болған ўақыяларды кѳрген жүзбасы Ќудайды алғыслап: – Ҳақыйқаттан да, бул ҳақ Адам екен, – деди. 48 Тамашаға жыйналған пүткил халық болған ўақыяларды кѳрип, жүрек-баўырлары езилип, излерине қайтты. 49 Бирақ Ийсаны билгенлердиң ҳәммеси ҳәм Галиладан Оның изине ерип келген ҳаяллар буларға узақтан қарап турды. 50 - 51 Кеңестиң қарары менен исинде қатнаспаған, кеңес ағзасы болған Юсуп атлы жақсы ҳәм ҳақ бир адам бар еди. Ол Яҳудияның Ариматия қаласынан болып, Ќудай Патшалығын күтип жүрген еди. 52 Юсуп Пилатқа барып, Ийсаның денесин сорады. 53 Оны атанақ ағаштан түсирип алып, кепинлик таўарға орады ҳәм еле ҳеш ким қойылмаған жартаста ойылған бир қәбирге қойды. 54 Бул яҳудийлердиң таярлық күни болып, дем алыс күни кирип киятырған еди. 55 Ийса менен бирге Галиладан келген ҳаяллар да Юсупке ерип барып, қәбирди ҳәм Ийсаның денесиниң қалай қойылғанын кѳрди. 56 Олар үйлерине қайтып келип, хош ийисли майлар ҳәм әтирлер таярлап қойды. Ал дем алыс күни Ќудайдың буйрығы бойынша дем алды.
1 Ҳәптениң биринши күни, яғный екшемби күни таң сәҳәрде ҳаяллар таярлап қойған хош ийисли майларын алып, қәбирге келди. 2 Олар қәбирдиң аўзындағы тастың домалатып алып тасланғанын кѳрди. 3 Бирақ ишке киргенде, Ийемиз Ийсаның денесин таба алмады. 4 Олар буған таң қалысып турғанда, тосаттан жарқыраған кийим кийген еки адам пайда болды. 5 Ҳаяллардың ҳүрейлери ушып, басларын жерге ийгенде, еки адам оларға былай деди: – Тирини ѳлилердиң арасынан неге излейсизлер? 6 Ол бул жерде жоқ, Ол қайта тирилди! Галилада болғанында, Оның сизлерге не айтқанын еслериңизге түсириңлер. 7 Ол сизлерге: «Адам Улы гүнакар адамлардың қолына услап бериледи, атанақ ағашқа шегеленеди ҳәм үшинши күни қайта тириледи», – деген еди-ғо. 8 Сонда олар Ийсаның сѳзлерин еслерине түсирди. 9 Ќәбирден қайтып барған ҳаяллар булардың ҳәммесин он бир елшиге ҳәм басқа барлық адамларға хабарлады. 10 Бул хабарды елшилерге жеткизгенлер магдалалы Мәриям, Юханна, Яқыптың анасы Мәриям ҳәм олар менен бирге жүрген басқа ҳаяллар еди. 11 Бирақ бул сѳзлер елшилерге бос гәп болып кѳринип, олар ҳаялларға исенбеди. 12 Ал Петр орнынан турып, қәбир тәрепке қарай жуўырып кетти. Ол ишке еңкейип қарағанда, тек жатырған кепинликти ғана кѳрди. Болған ўақыяға таң қалып, изине қайтты. 13 Тап сол күни шәкиртлердиң екеўи Ерусалимнен он еки шақырымдай қашықлықтағы Еммаус деп аталатуғын бир аўылға баратырып, 14 болған усы ўақыялар ҳаққында ѳз ара сѳйлести. 15 Олар ѳз ара сѳйлесип, пикир алысып баратырғанда, Ийсаның Ѳзи оларға жақынлап, қатар жүрди. 16 Бирақ олардың кѳзлери байланғандай болып, Оны танымады. 17 Ийса олардан: – Сизлер ѳз ара нелер ҳаққында сѳйлесип баратырсызлар? – деп сорады. Олар қапалы пишинде тоқтап қалды. 18 Арасындағы Клеопа атлы биреўи Оған: – Ерусалимде болсаң да, усы күнлерде сол жерде жүз берген ўақыялардан ҳеш хабары жоқ, жалғыз Сен шығарсаң, – деди. 19 Ийса олардан: – Ќандай ўақыялардан? – деп сорады. Олар жуўап берип: – Насыралы Ийса ҳаққында ўақыялар да. Ол Ќудайдың ҳәм пүткил халықтың алдында исинде де, сѳзинде де қүдиретли болған пайғамбар еди. 20 Бас руўханийлеримиз бенен басшыларымыз Оны ѳлим жазасына ҳәм атанақ ағашқа шегелеўге тапсырды. 21 Ал бизлер Оны Израилды қутқарады деп, үмит еткен едик. Мине, бул ўақыялардың болғанына бүгин үш күн болды. 22 Буның үстине, арамыздағы ҳаяллардың гейбиреўлери бизлерди таң қалдырды. Олар ерте таңда қәбирге барып, 23 Оның денесин таппай келди. Ќайтып келип, Ийсаның тири екенин билдирген периштелерди кѳргенин айтып берди. 24 Және бизлердиң ишимиздеги айырымлар қәбирге барып, анық ҳаяллардың айтқанындай екенин кѳрипти. Бирақ Ийсаның Ѳзин кѳрмепти, – дести. 25 Ийса оларға былай деди: – Ҳәй, ақылсызлар! Пайғамбарлардың айтқанларының ҳәммесине шын жүректен исенбейтуғынлар! 26 Масих усы азапларды шегип, Ѳз салтанатына кириўи керек емес пе еди? 27 Соңынан Муўсаның ҳәм барлық пайғамбарлардың Жазыўларынан баслап, Мухаддес Жазыўлардың ҳәммесинде Ѳзи ҳаққында айтылғанларды оларға түсиндирип берди. 28 Олар ѳзлери баратырған аўылға жақынлағанда, Ийса Ѳзин жолын даўам ететуғын қылып кѳрсетти. 29 Бирақ олар: – Бизлер менен бирге қал, күн батыўға шамаласып, кеш болажақ, – деп Оннан ѳтинди. Солай етип, Ийса олар менен бирге қалыў ушын аўылға кирди. 30 Олар менен дастурхан басында отырғанда Ийса нанды алып, Ќудайға шүкирлик етти ҳәм сындырып, оларға берди. 31 Сонда ғана олардың кѳзлери ашылып, Оны таныды. Бирақ Ийса кѳзден ғайып болды. 32 Олар бир-бирине: – Ол жолда бизлер менен сѳйлесип, Мухаддес Жазыўларды түсиндиргенде, жүреклеримиз қуўанышқа толмаған ба еди? – деди. 33 Дәрриў орынларынан турып, Ерусалимге қайтып келди. Он бир елшини ҳәм олар менен бирге жыйналғанларды тапты. 34 Жыйналғанлар: – Ийемиз ҳақыйқаттан қайта тирилип, Симонға кѳринипти, – дести. 35 Сонда еки шәкирт те жолдағы ўақыяларды ҳәм Ийса нанды сындырғанда, Оны қалай танып қалғанын айтып берди. 36 Олар усыны айтысып турғанда, Ийсаның Ѳзи олардың ортасында пайда болып: – Тынышлық сизлерге яр болсын! – деди. 37 Бирақ шәкиртлер әрўақ кѳрип турмыз деп ойлап, таң қалысып, қатты қорқысты. 38 Ийса оларға: – Неге ҳайран қалып турсызлар? Неге кеўиллериңизге бундай гүманлы ойлар келеди? 39 Мениң қолларыма ҳәм аяқларыма қараңлар. Бул Мениң Ѳзиммен. Маған қол тийгизип кѳриңлер. Єрўақта ет пенен сүйек болмайды, бирақ кѳрип турғаныңыздай, Менде бар, – деди. 40 Усыны айтып, оларға қолларын ҳәм аяқларын кѳрсетти. 41 Ал шәкиртлери қуўанысып ҳәм аң-таң болысып, еле исенбей турғанда, Ийса олардан: – Бул жерде жейтуғын бир нәрсеңиз бар ма? – деп сорады. 42 Олар Оған писирилген балықтың бир бѳлегин берди. 43 Ийса оны алып, олардың кѳз алдында жеди. 44 Сонда Ийса оларға былай деди: – Сизлер менен бирге болғанымда, Мен туўралы Муўсаның Нызамында, пайғамбарлардың Жазыўларында ҳәм Забурда жазылғанлардың ҳәммеси орынланыўы тийис, деп айтқан едим. 45 Кейин Мухаддес Жазыўларды түсиниў ушын олардың зейинлерин ашты 46 ҳәм оларға және: – Былай деп жазылған: «Масих азап шегип, үшинши күни ѳлимнен қайта тириледи. 47 Ерусалимнен баслап, ҳәмме халықларға Оның аты менен гүналарының кеширилиўи ушын, тәўбеге шақырыўды жәриялаў тийис». 48 Ал сизлер булардың гүўасысызлар. 49 Мине, Мен Єкемниң ўәде еткенин сизлерге жиберемен. Бирақ сизлер жоқарыдан бул қүдиретти алғанға дейин усы қалада қалыңлар, – деди. 50 Соңынан Ийса шәкиртлерин қаладан сыртқа, Бетанияға дейин апарды. Ќолларын кѳтерип, оларға пәтиясын берди. 51 Пәтиясын берип турғанда олардан узақласып, аспанға алынды. 52 Шәкиртлер Ийсаға табынып, үлкен қуўаныш пенен Ерусалимге қайтып келди. 53 Ќудайды алғыслап, ҳәмме ўақыт Ибадатханада болды.
1 Ең баста Сѳз бар еди. Сѳз Ќудай менен бирге еди. Сѳз Ќудай еди. 2 Ең бастан-ақ Ол Ќудай менен бирге еди. 3 Ҳәмме нәрсе Ол арқалы жаратылды. Олсыз ҳеш нәрсе жаратылған емес. 4 Онда ѳмир бар еди. Ѳмир адамлардың нуры еди. 5 Нур қараңғылықта жарқырайды, қараңғылық оны жеңе алмады. 6 Ќудай тәрепинен жиберилген Яқыя атлы бир адам бар еди. 7 Ол нур ҳаққында гүўалық бериўге ҳәм ҳәмме ол арқалы исениўи ушын келди. 8 Оның ѳзи нур емес еди, бирақ ол нур ҳаққында гүўалық бериўге жиберилген еди. 9 Ҳәмме адамды жақты қылатуғын ҳақыйқый нур дүньяға келди. 10 Сѳз дүньяда еди. Дүнья Ол арқалы жаратылған еди, бирақ дүнья Оны танымады. 11 Ѳз жерине келди, бирақ Ѳз халқы Оны қабыл етпеди. 12 Бирақ Ол Ѳзин қабыл еткенлерге, атына исенгенлердиң ҳәммесине Ќудайдың балалары болыў ҳуқықын берди. 13 Олар қаннан да, денениң қәлеўинен де, я адамның қәлеўинен де емес, ал Ќудайдан туўылды. 14 Сѳз адам болып арамызда жасады. Бизлер Оның уллылығын, Єкеден келген, мийрим ҳәм ҳақыйқатқа толы болған жалғыз Улдың уллылығын кѳрдик. 15 Яқыя Ол ҳаққында бәлент даўыс пенен гүўалық берип былай деди: – «Мениң изимнен Келиўши меннен уллы. Себеби Ол меннен бурын бар еди», – деп айтқан Адамым – Усы. 16 Оның толылығынан ҳәммемиз мийрим үстине мийрим алдық. 17 Ѳйткени Мухаддес Нызам Муўса арқалы берилген еди, бирақ мийрим ҳәм ҳақыйқат Ийса Масих арқалы келди. 18 Ҳеш ким ҳеш қашан Ќудайды кѳрген емес. Бирақ Оны Єкениң қушағындағы Ѳзи Ќудай болған жалғыз Ул танытты. 19 Яҳудий басшылары Ерусалимнен руўханийлер менен лебийлилерди жиберип, Яқыядан: «Сен кимсең?» деп сорағанда, оның гүўалығы мынадай болды. 20 Ол тән алды, танбады. «Мен Масих емеспен», – деп ашық мойынлады. 21 Олар және Яқыядан: – Ондай болса, сен кимсең? Илияссаң ба? – деп сорады. – Ол емеспен, – деди Яқыя. – Сен сол пайғамбармысаң? – деп сорады олар. – Яқ, – деп жуўап берди ол. 22 Сонда олар Яқыяға: – Кимсең, айт, бизлерди жибергенлерге бир жуўап берейик. Ѳзиң ҳаққында не дейсең? – деди. 23 Яқыя: – Ийшая пайғамбардың айтқанындай: «Ийемиздиң жолын дүзетиңлер», – деп шѳлде бақырған даўыспан, – деди. 24 - 25 Парисейлерден жиберилгенлер Яқыядан: – Егер сен Масих, Илияс, я сол пайғамбар болмасаң, сонда неге адамларды шомылдырып жүрсең? – деп сорады. 26 Яқыя оларға былай деп жуўап берди: – Мен суў менен шомылдыраман, бирақ араңызда сизлер танымайтуғын Биреў турыпты. 27 Меннен соң киятырған Адам – Усы. Мен Оның аяқ кийиминиң баўын шешиўге де ылайықлы емеспен. 28 Булардың ҳәммеси Иордан дәрьясының арғы жағасындағы Бетанияда, Яқыяның шомылдырып жүрген жеринде болды. 29 Ертеңине Яқыя ѳзине қарай киятырған Ийсаны кѳргенде былай деди: – Мине, Бул – дүньяның гүнасын Ѳзине алатуғын Ќудайдың Ќозысы! 30 «Меннен кейин бир Адам киятыр. Ол меннен уллы. Себеби Ол меннен бурын бар еди», – деп айтқаным Усы. 31 Мениң ѳзим Оны билмейтуғын едим, бирақ Израилдың Оны таныўы ушын мен суў менен шомылдырыўға келдим. 32 Яқыя гүўалық берип және былай деди: – Мухаддес Руўхтың кептер сыяқлы аспаннан түсип, Оның үстинде турғанын кѳрдим. 33 Мен Оны билмейтуғын едим. Бирақ, мени суў менен шомылдырыў ушын жиберген Ќудай маған: «Мухаддес Руўхтың түсип, кимниң үстинде турғанын кѳрсең, Мухаддес Руўх пенен шомылдыратуғын Сол», – деген еди. 34 Мен буны кѳрип: «Бул – Ќудайдың Улы» деп гүўалық бердим. 35 Ертеңине Яқыя және шәкиртлериниң екеўи менен бирге турған еди. 36 Ол ѳтип баратырған Ийсаны кѳрип: – Мине, Ќудайдың Ќозысы! – деди. 37 Еки шәкирт оның бул сѳзлерин еситип, Ийсаның изине ерди. 38 Ийса артына бурылып, изинен киятырғанларды кѳргенде, олардан: – Не излеп жүрсизлер? – деп сорады. – Ќай жерде жасайсаң, Рәбби? – деди олар. (Рәбби – «устаз» дегенди билдиреди.) 39 – Келип кѳриңлер, – деди Ийса. Олар барып, Ийсаның қай жерде жасайтуғынын кѳрди ҳәм сол күни Оның менен қалды. Саат тѳртлер шамасында еди. 40 Яқыяның сѳзлерин еситип, Ийсаның изине ерген еки адамның бири Симон Петрдиң туўысқаны Андрей еди. 41 Андрей дәслеп ѳз туўысқаны Симонды излеп таўып, оған: – Бизлер Масихты таптық, – деди. (Масих – Ќудай ўәде еткен Ќутқарыўшы.) 42 Андрей оны Ийсаға алып келди. Ийса оған қарап: – Сен Юнус улы Симонсаң. Сен Кифа деп аталасаң, – деди. (Кифа – Петр, яғный «тас» дегенди аңлатады.) 43 Келеси күни Ийса Галилаға бармақшы болды. Филипти таўып, оған: – Изиме ер, – деди. 44 Филип те Андрей менен Петр сыяқлы Бетсайда қаласынан еди. 45 Филип Натаниелди таўып, оған: – Бизлер Муўса Мухаддес Нызамда, пайғамбарлар да Жазыўларында жазған Адамды, Юсуптың Улы, Насыралы Ийсаны таптық, – деди. 46 Натаниел оған: – Насырадан жақсы нәрсе шығар ма еди? – деди. – Келип кѳр, – деди Филип. 47 Ийса Натаниелдиң Ѳзине жақынласып киятырғанын кѳрип, ол ҳаққында былай деди: – Мине, ишинде ҳийлеси жоқ, нағыз израиллы. 48 Натаниел Ийсадан: – Мени қаяқтан таныйсаң? – деп сорады. – Филип сени шақырмастан бурын, сени әнжир ағашының астында кѳрдим, – деп жуўап берди Ийса. 49 Натаниел Ийсаға: – Устаз, Сен Ќудайдың Улысаң, Сен Израилдың Патшасысаң! – деди. 50 Ийса оған: – Сени әнжир ағашының астында кѳргенимди айтқаным ушын исенип атырсаң ба? Булардан да уллы ислерди кѳресең! – деди. 51 Ийса және: – Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: аспан ашылғанын, Ќудайдың периштелериниң Адам Улының жоқарысында минип-түскенлерин кѳресизлер, – деди.
1 Еки күн ѳткеннен соң, Галиланың Кана қаласында үйлениў тойы болды. Ийсаның анасы сол жерде еди. 2 Ийса менен шәкиртлери де тойға мирәт етилген еди. 3 Шарап таўсылғанда, Ийсаның анасы Оған: – Олардың шарабы таўсылды, – деди. 4 Ийса оған: – Апа, бул Мениң жумысым емес. Мениң ўақтым еле келген жоқ, – деди. 5 Ийсаның анасы хызметшилерге: – Ол сизлерге не десе де, соны ислеңлер, – деди. 6 Сол жерде диний әдет бойынша яҳудийлер тазаланыў ушын қолланатуғын, ҳәр қайсысы шама менен жүз литр алатуғын алты тас гүзе бар еди. 7 Ийса хызметшилерге: – Гүзелерди суўға толтырыңлар, – деди. Олар гүзелерди аўзына дейин толтырды. 8 Сонда Ийса хызметшилерге: – Енди буннан алып, той басқарыўшыға апарыңлар, – деди. Олар алып барды. 9 Той басқарыўшы шарапқа айланған суўды татып кѳрди. Оның қаяқтан келгенин билмеди, тек алып келген хызметшилер ғана билетуғын еди. Той басқарыўшы күйеўди шақырып: 10 – Ҳәр бир адам алдын жақсы шарапты, адамлар мәс болғаннан соң пәсирегин береди. Бирақ сен жақсы шарапты ҳәзирге дейин сақлапсаң-ғо, – деди. 11 Ийса бул биринши кәраматын Галиланың Кана қаласында ислеп, Ѳз уллылығын кѳрсетти. Шәкиртлери де Оған исенди. 12 Буннан кейин Ийса анасы, туўысқанлары ҳәм шәкиртлери менен Капарнаҳум қаласына келди ҳәм ол жерде бир неше күн қалды. 13 Яҳудийлердиң Ќутқарылыў байрамы жақынласып қалғанда, Ийса Ерусалимге кетти. 14 Ибадатханада ири қара мал, қой ҳәм кептер сатыўшыларды, сол жерде отырған ақша алмастырыўшыларды кѳрди. 15 Ийса арқаннан қамшы ислеп, қойлар менен ири қара малға қосып ҳәммесин Ибадатханадан қуўып шығарды. Ақша алмастырыўшылардың ақшаларын шашып, столларын аўдарып таслады. 16 Ол кептер сатыўшыларға: – Мыналарды бул жерден жоқ етиңлер, Єкемниң үйин базарға айландырмаңлар! – деди. 17 Сонда шәкиртлери: «Сениң үйиңе болған қызғанышым Мени жеп жиберди», – деп айтылған Мухаддес Жазыўдағы аятты еслерине түсирди. 18 Яҳудий басшылары Ийсадан: – Буларды ислеўге бийлигиң бар екенин бизлерге қандай кәраматлы белги менен дәлиллей аласаң? – деп сорады. 19 Ийса оларға жуўап берип: – Бул Ибадатхананы бузыңлар, Мен оны үш күнниң ишинде қайта тиклеймен, – деди. 20 Олар Ийсаға: – Бул Ибадатхана қырық алты жылда қурылған, Сен оны үш күнниң ишинде тиклемекшимисең? – деди. 21 Бирақ Ийсаның Ибадатхана деп айтқаны Ѳз денеси еди. 22 Ийса ѳлимнен қайта тирилгеннен соң, шәкиртлери Оның бул сѳзлерин еслерине түсирип, Мухаддес Жазыўға ҳәм Ийсаның бул сѳзине исенди. 23 Ийса Ерусалимде, Ќутқарылыў байрамында болғанда, кѳплер Ол ислеген кәраматларды кѳрип, Оның атына исенди. 24 Бирақ Ийса ҳәмме адамлардың кеўиллерин билгенликтен, оларға исенбеди. 25 Оған адам ҳаққында ҳеш кимниң гүўалығының ҳәжети жоқ еди. Ѳйткени адамның кеўлинде не бар екенин Ол билетуғын еди.
1 Парисейлер арасында яҳудий басшыларының бири болған Никодим атлы бир адам бар еди. 2 Ол бир күни түнде Ийсаға келип, Оған: – Устаз, Сениң Ќудайдан келген бир муғаллим екениңди билемиз. Себеби ҳеш ким Ќудай оның менен бирге болмаса, Сен ислеп атырған кәраматларды ислей алмайды, – деди. 3 Ийса оған: – Саған шынын, ҳақыйқатын айтаман: ким де ким қайтадан туўылмаса, Ќудайдың Патшалығын кѳре алмайды, – деп жуўап берди. 4 Никодим Ийсадан: – Ќартайған адам қалай қайтадан туўыла алады? Ол анасының қурсағына екинши мәрте кирип, қайтадан туўыла ала ма? – деп сорады. 5 Ийса оған жуўап берип былай деди: – Саған шынын, ҳақыйқатын айтаман: ким де ким суўдан ҳәм Мухаддес Руўхтан туўылмаса, Ќудай Патшалығына кире алмайды. 6 Денеден туўылған – дене, Мухаддес Руўхтан туўылған – руўх болады. 7 Саған: «Ќайтадан туўылыўың керек», – дегениме ҳайран қалма. 8 Самал қәлеген жеринде еседи, оның даўысын еситесең, бирақ қаяқтан келип, қаяққа кететуғынын билмейсең. Мухаддес Руўхтан туўылған ҳәр бир адам да усындай. 9 Никодим Ийсадан: – Бул қалай болыўы мүмкин? – деп сорады. 10 Ийса оған былай деп жуўап берди: – Сен Израилдың устазы бола тура, усыларды билмейсең бе? 11 Саған шынын, ҳақыйқатын айтаман: бизлер билгенимизди сѳйлеймиз, кѳргенимиз ҳаққында гүўалық беремиз. Ал сизлер бизлердиң гүўалығымызды қабыл етпей атырсызлар. 12 Сизлерге жердеги нәрселер ҳаққында айтқанымда исенбесеңлер, аспандағы нәрселер ҳаққында айтсам, қалай исенесизлер? 13 Аспаннан келген Адам Улынан басқа ҳеш ким аспанға шыққан емес. 14 Муўсаның шѳлде жыланды жоқары кѳтергени сыяқлы, Адам Улы да жоқары кѳтерилиўи тийис. 15 Сонлықтан Оған исенген ҳәр бир адам мәңгилик ѳмирге ийе болады. 16 Себеби Ќудай бул дүньяны соншелли сүйгенликтен, Ѳзиниң жалғыз Улын берди. Оның Улына исенген ҳәр бир адам набыт болмай, мәңгилик ѳмирге ийе болады. 17 Ќудай Улын бул дүньяны ҳүким етиў ушын емес, ал дүньяны Ол арқалы қутқарыў ушын жиберди. 18 Оған исенген адам ҳүким етилмейди. Ал исенбеген адам әлле қашан ҳүким етилген, ѳйткени ол Ќудайдың жалғыз Улының атына исенбеди. 19 Ҳүким мынадан ибарат: дүньяға нур келди, бирақ адамлардың ислери жаман болғанлықтан, олар нурға қарағанда қараңғылықты жақсы кѳрди. 20 Жаманлық ислеўши ҳәр бир адам нурды жек кѳреди ҳәм ислери әшкара болмаўы ушын, нурға келмейди. 21 Бирақ ҳақ ис ислеўши адам ислериниң Ќудай алдында исленгени кѳринсин деп, нурға келеди. 22 Буннан соң, Ийса шәкиртлери менен Яҳудияға келди. Бир неше ўақыт олар менен бирге сол жерде қалып, адамларды шомылдырды. 23 Яқыя да Салимниң қасындағы Айнонда шомылдырып жүрди, себеби ол жерде суў мол еди. Адамлар келип, шомылдырылатуғын еди. 24 Ѳйткени Яқыя еле қамалмаған еди. 25 Сонда Яқыяның шәкиртлери менен бир яҳудий арасында диний әдет бойынша тазаланыў ҳаққында тартыс пайда болды. 26 Олар Яқыяға келип: – Устаз, Иордан дәрьясының арғы жағасында сениң менен бирге болған, сен гүўалық берген Адам бар-ғо, Сол шомылдырып жүрипти. Ҳәмме адам Оған бармақта, – деди. 27 Яқыя былай деп жуўап берди: – Ќудайдан берилмесе, адам ѳзине ҳеш нәрсе ала алмайды. 28 «Мен Масих емеспен, мен тек Оның алдынан жиберилгенмен», – деп айтқаныма сизлер гүўасызлар. 29 Келиншек кимге тийисли болса, сол күйеў болады. Бирақ күйеўди тыңлап турған досты оның даўысын еситип, қатты қуўанады. Мен де сондай қуўанышқа толдым. 30 Оның уллыланыўы, ал мениң пәсейиўим тийис. 31 Жоқарыдан келген ҳәммеден уллы. Жерден болған жерге тийисли ҳәм жердеги нәрселер ҳаққында сѳйлейди. Ал аспаннан келген ҳәммеден уллы. 32 Ол кѳргени ҳәм еситкени ҳаққында гүўалық береди, бирақ гүўалығын ҳеш ким қабыл етпейди. 33 Оның гүўалығын қабыл еткен Ќудайдың ҳақ екенин тастыйықлайды. 34 Ќудай тәрепинен жиберилген Ќудайдың сѳзлерин сѳйлейди. Себеби Ќудай Руўхын ѳлшеўсиз береди. 35 Єке Ѳз Улын сүйеди ҳәм ҳәмме нәрсени Оның қолына тапсырған. 36 Улға исенген адам мәңгилик ѳмирге ийе болады. Улды тыңламаған адам ѳмир кѳрмейди, ал Ќудайдың ғәзеби оның үстинде қалады.
1 - 3 Парисейлер Ийсаның Яқыяға қарағанда кѳп шәкирт арттырып, оларды шомылдырып жүргенин еситти. Ҳақыйқатында Ийсаның Ѳзи емес, ал шәкиртлери шомылдыратуғын еди. Ийемиз Ийса буны билгенде Яҳудиядан шығып, және Галилаға кетти. 4 Баратырып, Самария арқалы ѳтиўи керек еди. 5 Солай етип, Ол Самарияның Сихар деп аталған қаласына келди. Бул қала Яқыптың ѳз баласы Юсупке берген жерине жақын еди. 6 Сол жерде Яқыптың қудығы да бар еди. Ийса жол жүрип шаршағанлықтан, қудықтың қасында отырды. Саат он екилер шамасында еди. 7 Сол ўақытта самариялы бир ҳаял суў алыўға келди. Ийса оған: – Маған ишиўге суў бер, – деди. 8 Ал Ийсаның шәкиртлери азық-аўқат сатып алыў ушын қалаға кеткен еди. 9 Самариялы ҳаял: – Сен яҳудийсең, ал мен самариялы ҳаялман. Ќалай меннен суў сорап турсаң? – деди. Ѳйткени яҳудийлер самариялылар менен қарым-қатнас жасамайды. 10 Ийса ҳаялға: – Егер сен Ќудайдың сыйын ҳәм «Маған ишиўге суў бер», – деп айтып турғанның ким екенин билгениңде, сениң ѳзиң Оннан сорар едиң, Ол саған тири суў берер еди, – деп жуўап берди. 11 – Мырза! Сенде суў алатуғын ҳеш нәрсе жоқ-ғо, қудық болса терең. Сен тири суўды қаяқтан аласаң? 12 Сен бул қудықты бизлерге берген, ѳзи де, балалары да, маллары да оннан суў ишкен, бабамыз Яқыптан уллымысаң? – деди ҳаял. 13 Ийса ҳаялға былай деп жуўап берди: – Бул суўдан ишкен ҳәр бир адам және шѳллейди. 14 Бирақ Мен беретуғын суўдан ишкен ҳәр бир адам мәңгиге шѳллемейди. Керисинше, Мен беретуғын суў оның ишинде мәңгилик ѳмир беретуғын тири булаққа айланады. 15 Ҳаял Ийсаға: – Мырза, енди шѳллемеўим ушын ҳәм суў алыўға бул жерге келмеўим ушын, усы суўдан маған бер, – деди. 16 – Барып, күйеўиңди бул жерге шақырып кел, – деди Ийса. 17 Ҳаял Оған: – Мениң күйеўим жоқ, – деп жуўап берди. – Күйеўим жоқ деп, сен дурыс айттың. 18 Сениң бес күйеўиң болды. Ҳәзир бирге жасап атырған адамың да күйеўиң емес. Буны сен дурыс айттың, – деди Ийса. 19 Ҳаял Оған: – Мырза, Сениң пайғамбар екениңе кѳзим жетип тур. 20 Ата-бабаларымыз бул таўда сыйынды, бирақ сизлер: «Сыйыныўға тийисли жер Ерусалимде», – дейсизлер, – деди. 21 Ийса оған былай деди: – Ҳаял, Маған исен, Ќудай Єкеге бул таўда да, Ерусалимде де сыйынбайтуғын ўақыт киятыр. 22 Сизлер билмейтуғыныңызға сыйынасызлар, ал бизлер билетуғынымызға сыйынамыз. Себеби қутқарылыў яҳудийлерден. 23 Бирақ, ҳақыйқый сыйыныўшылардың Ќудай Єкеге руўх ҳәм ҳақыйқатлық пенен сыйынатуғын ўақты келеди. Єне, сол ўақыт ҳәзир келди. Ќудай Єке де Ѳзине усылай сыйынатуғынларды излеп атыр. 24 Ќудай – Руўх, Оған сыйынатуғынлар да руўх ҳәм ҳақыйқатлық пенен сыйыныўы тийис. 25 Ҳаял Ийсаға: – Ќутқарыўшы Масихтың келетуғынын билемен. Ол келгенде, бизлерге ҳәммесин билдиреди, – деди. 26 Ийса оған: – Сениң менен сѳйлесип турған Мен – Солман, – деди. 27 Сол ўақытта Ийсаның шәкиртлери келди ҳәм Оның бир ҳаял менен сѳйлесип турғанын кѳрип, ҳайран қалысты. Бирақ олардың ҳеш қайсысы: «Сен оннан не сорап турсаң?» ямаса «Оның менен неге сѳйлесип турсаң?» – деп сорамады. 28 Сонда ҳаял гүзесин қалдырып, қалаға кетти ҳәм адамларға: 29 – Келиңлер, маған ислеген ислеримниң ҳәммесин айтып берген Адамды кѳриңлер. Ол Масих емес пе екен? – деди. 30 Адамлар қаладан шығып, Ийсаға қарай жүрди. 31 Соның арасында шәкиртлери Ийсадан ѳтинип: – Устаз, аўқат же! – деди. 32 Бирақ Ийса оларға: – Менде сизлер билмейтуғын аўқат бар, – деди. 33 Шәкиртлер бир-бирине: – Мүмкин, биреў Оған аўқат әкелген шығар? – дести. 34 Бирақ Ийса оларға былай деди: – Мениң аўқатым – Мени Жибергенниң еркин орынлаў ҳәм Оның исин тамамлаў. 35 Сизлер: «Жыйын-теримге еле тѳрт ай бар», – деп айтпайсызлар ма? Бирақ, сизлерге айтатуғыным: кѳзлериңизди ашып, егинликке қараңлар. Олар писип жетилисип, жыйын-теримге таяр тур. 36 Орақшы ѳз ҳақын алады ҳәм мәңгилик ѳмир ушын зүрәәт жыйнайды. Солай етип, еккен де, орған да бирге қуўанады. 37 «Биреўи егеди, басқасы орады», – деген нақыл усыған туўры келеди. 38 Мен сизлерди ѳзлериңиз мийнет етпеген зүрәәтти орыўға жибердим. Басқалар мийнет еткен еди, ал сизлер олардың мийнетиниң зүрәәтин алдыңлар. 39 «Ол маған ислеген ислеримниң ҳәммесин айтып берди», – деген ҳаялдың гүўалығы себепли, сол қаладағы самариялылардың кѳбиси Ийсаға исенди. 40 Сонлықтан самариялылар Ийсаға келип, ѳзлери менен қалыўды ѳтинди. Ол сол жерде еки күн қалды. 41 Ийсаның сѳзин еситип, және де кѳбирек адамлар исенди. 42 Олар ҳаялға: – Бизлер енди сениң сѳзлериң себепли емес, ал Оның сѳзлерин ѳзлеримиз еситип, Оның ҳақыйқаттан да дүньяның Ќутқарыўшысы екенин билип, исенемиз, – дести. 43 Еки күн ѳткеннен соң, Ийса сол жерден шығып, Галилаға кетти. 44 Ийсаның Ѳзи: «Пайғамбар ѳз ўатанында қәдирсиз», – деп айтқан еди. 45 Ол Галилаға келгенде, галилалылар Оны жыллы жүзлик пенен қабыл алды. Ѳйткени олар да Ерусалимдеги Ќутқарылыў байрамына барып, Ийсаның сол жерде ислеген барлық ислерин кѳрген еди. 46 Ийса және Ѳзи суўды шарапқа айландырған Галиланың Кана қаласына келди. Сол жерде патшаның бир хызметкери болып, оның улы Капарнаҳумда аўырып атырған еди. 47 Ол Ийсаның Яҳудиядан Галилаға келгенин еситип, Оған барды. Келип, ѳлим тѳсегинде жатырған улына шыпа бериўди Ийсадан ѳтинди. 48 Ийса оған: – Сизлер кәраматлы белгилерди ҳәм таң қаларлық нәрселерди кѳрмегенше исенбейсизлер, ә! – деди. 49 Патша хызметкери Ийсаға: – Мырза, улым ѳлип қалмастан бурын келе гѳр! – деди. 50 Ийса оған: – Бар, улың жасайды, – деди. Ол адам Ийсаның сѳзине исенип, кетти. 51 Жолда киятырғанда оны хызметшилери қарсы алып, оған баласының тири қалғанын айтты. 52 Ол хызметшилеринен баласының аўҳалының саат нешеде жеңиллескенин сорағанда, олар: – Кеше түски саат бирде ыссылығы түсти, – дести. 53 Сонда баланың әкеси буның: «Улың жасайды», – деп Ийса айтқан ўақытта болғанын билип, оның ѳзи ҳәм шаңарағындағылардың ҳәммеси исенди. 54 Бул – Ийсаның Яҳудиядан Галилаға келгеннен соң ислеген екинши кәраматы еди.
1 Буннан соң, яҳудийлердиң бир байрамы болып, Ийса Ерусалимге кетти. 2 Ерусалимдеги Ќой дәрўазасы қасында еврейше Бейтеста деп аталған бес айўанлы бир ҳәўиз бар еди. 3 - 4 Бул жерде соқыр, ақсақ ҳәм ләң болған жүдә кѳп кесел адамлар жататуғын еди. 5 Сол жерде отыз сегиз жылдан бери кесел болған бир адам бар еди. 6 Ийса оның жатырғанын кѳргенде, узақ ўақыттан бери усы аўҳалда екенин билип, оннан: – Тәўир болыўды қәлейсең бе? – деп сорады. 7 Кесел адам Оған: – Мырза, суў қозғалғанда, мени ҳәўизге түсиретуғын ҳеш кимим жоқ. Мен бараман дегенше, басқа адам меннен бурын түсип алады, – деди. 8 Ийса оған: – Орныңнан тур, тѳсегиңди ал да, жүр, – деди. 9 Ол адам сол ўақытта-ақ шыпа тапты ҳәм тѳсегин алып жүрип кетти. Бул дем алыс күни еди. 10 Сонлықтан яҳудий басшылары шыпа тапқан адамға: – Бүгин дем алыс күни-ғо, тѳсегиңди алып жүриўге болмайды, – деди. 11 Бирақ, сол адам оларға былай деп жуўап берди: – Маған шыпа берген Адам: «Тѳсегиңди ал да, жүр», – деди. 12 – Саған: «Тѳсегиңди ал да, жүр», – деген Адам ким? – деп сорады олар. 13 Ал шыпа тапқан адам Оның ким екенин билмейтуғын еди. Себеби Ийса сол жердеги халықтың арасында кѳринбей қалған еди. 14 Соңынан Ийса сол адамды Ибадатханада ушыратып қалды ҳәм оған: – Мине, сен шыпа таптың. Саған және де жаманырақ нәрсе болмаўы ушын, буннан былай гүна ислеме, – деди. 15 Сол адам барып, ѳзине шыпа берген Адамның Ийса екенин яҳудий басшыларына айтып берди. 16 Сонлықтан бундай ислерди дем алыс күни ислегени ушын, яҳудий басшылары Ийсаны қуўдалай баслады. 17 Бирақ Ийса оларға былай деп жуўап берди: – Єкем усы күнге дейин мийнет етип киятыр, Мен де мийнет етип атырман. 18 Сол себепли яҳудий басшылары Оны ѳлтириў ушын және де кѳбирек ҳәрекет етти. Ѳйткени Ол тек дем алыс күнин бузып ғана қоймай, Ќудайды Єкем деп, Ѳзин Ќудайға теңлестирген еди. 19 Ийса яҳудийлерге былай деди: – Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: Ул Єкениң қылған ислерин кѳрмегенше, Ѳзлигинен ҳеш нәрсе ислей алмайды. Єке нени ислесе, Улы да соны ислейди. 20 Себеби Єке Улын сүйеди ҳәм ислегенлериниң ҳәммесин Оған кѳрсетеди. Сизлерди ҳайран қалдыратуғын булардан да уллырақ ислерди Оған кѳрсетеди. 21 Єкениң ѳлилерди тирилтип, оларға ѳмир бергени сыяқлы, Улы да қәлеген адамына ѳмир береди. 22 Єке ҳеш кимди ҳүким қылмайды, Ол пүткил ҳүкимди Улына тапсырған. 23 Солай етип, ҳәмме адам Єкени ҳүрмет еткени сыяқлы, Улды да ҳүрмет етсин. Улды ҳүрмет етпеген Оны жиберген Єкени де ҳүрмет етпеген болады. 24 Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: Мениң сѳзлеримди тыңлап, Мени Жибергенге исенген адамда мәңгилик ѳмир бар. Ол ҳүким етилмей, ѳлимнен ѳмирге ѳтти. 25 Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: ѳлилердиң Ќудайдың Улының даўысын еситетуғын ўақты келеди ҳәм ол ҳәзир келди де. Оның даўысын еситкенлер тириледи. 26 Ѳйткени Єкениң Ѳзи ѳмирдиң тийкары болғаны сыяқлы, Улдың Ѳзине де ѳмирдиң тийкары болыўды рухсат етти. 27 Оған ҳүким етиў бийлигин де берди. Себеби Ол – Адам Улы. 28 Буған ҳайран қалмаңлар. Ќәбирдегилердиң ҳәммесиниң Оның даўысын еситетуғын ўақты киятыр. 29 Олар қәбирлерден шығады. Жақсылық қылғанлар жасаў ушын, жаманлық қылғанлар ҳүким етилиў ушын қайта тириледи. 30 Мен Ѳзлигимнен ҳеш нәрсе ислей алмайман. Ќалай еситсем, солай ҳүким қыламан ҳәм Мениң ҳүкимим әдил. Ѳйткени Мен Ѳз еркимди емес, ал Мени жиберген Єкемниң еркин орынлаўға тырысаман. 31 Егер Мен Ѳзим туўралы Ѳзим гүўалық берсем, гүўалығым ҳақыйқый болмайды. 32 Бирақ Мен туўралы гүўалық бериўши басқа Биреў бар, Оның Мен туўралы берип атырған гүўалығының ҳақыйқат екенин билемен. 33 Сизлер Яқыяға адамларды жибердиңлер, ол ҳақыйқат ҳаққында гүўалық берди. 34 Мен адамның гүўалығына мүтәж болмасам да, буларды сизлердиң қутқарылыўыңыз ушын айтып атырман. 35 Яқыя – жанып, нур шашып турған шыра еди. Сизлер оның нурында аз ўақыт қуўаныўды қәледиңлер. 36 Бирақ Менде Яқыяникинен уллырақ гүўалық бар. Себеби Єкемниң Маған орынлаўым ушын тапсырған ислери, усы ислеп атырған ислеримниң ѳзи Мени Єкемниң жибергени ҳаққында гүўалық берип атыр. 37 Мени жиберген Єкемниң Ѳзи Мен туўралы гүўалық берип тур. Сизлер ҳеш қашан Оның даўысын да еситпегенсизлер, жүзин де кѳрмегенсизлер. 38 Оның сѳзлери де сизлерде жай алмайды, ѳйткени сизлер Оның Жибергенине исенбей атырсызлар. 39 Сизлер Мухаддес Жазыўларды изертлейсизлер, себеби олар арқалы мәңгилик ѳмирге ийе боламыз, деп ойлайсызлар. Ал олар Мен туўралы гүўалық береди. 40 Бирақ сизлер мәңгилик ѳмирге ийе болыў ушын, Маған келиўди қәлемейсизлер-ғо. 41 Мен адамлардан мақтаў қабыл қылмайман. 42 Бирақ сизлерди билемен, кеўиллериңизде Ќудайдың сүйиспеншилиги жоқ. 43 Мен Єкемниң атынан келсем де, Мени қабыл етпей атырсызлар. Егер басқа биреў ѳз аты менен келсе, оны қабыл етесизлер. 44 Сизлер бир-бириңизден мақтаў еситиўди жақсы кѳресизлер, бирақ жалғыз Ќудайдың мақтаўына ерисиўге умтылмайсызлар. Олай болса, Маған қалай исене аласызлар? 45 Мени Єкемниң алдында сизлерди айыплайды, деп ойламаңлар. Сизлерди айыплаўшы ѳзлериңиз үмит ететуғын Муўса болады. 46 Муўсаға исенгениңизде, Маған да исенер едиңлер. Ѳйткени ол Мен туўралы жазған еди. 47 Бирақ Муўсаның Жазыўларына исенбесеңлер, Мениң сѳзлериме қалай исенесизлер?
1 Буннан соң, Ийса Галила, яғный Тиберия теңизиниң арғы жағасына ѳтти. 2 Оның аўырыўларға ислеген кәраматларын кѳргенликтен, кѳп халық изине ерди. 3 Ийса таўға шығып, шәкиртлери менен бирге сол жерде отырды. 4 Яҳудийлердиң Ќутқарылыў байрамы жақынлап қалған еди. 5 Ийса басын кѳтерип, Ѳзине қарай кѳп халықтың киятырғанын кѳрип, Филиптен: – Бул адамларға жегизиў ушын нанды қаяқтан сатып аламыз? – деп сорады. 6 Ийса бул гәпти оны сынаў ушын айтты. Себеби Ол не ислейжақ екенин Ѳзи билетуғын еди. 7 Филип Оған: – Олардың ҳәр бирине аз-маз берсек те, еки жүз динарлық нан жетпейди-ғо, – деп жуўап берди. 8 Шәкиртлеринен бири, Симон Петрдиң туўысқаны Андрей Ийсаға: 9 – Бул жерде бир балада бес арпа наны менен еки балық бар. Бирақ усыншама адам ушын булар не болады? – деди. 10 Ийса: – Халықты жерге отырғызыңлар, – деди. Ол жерде шѳп кѳп болғанлықтан, бес мыңға шамалас ер адам жерге жамбаслады. 11 Сонда Ийса нанларды алып, Ќудайға шүкирлик етти де, отырғанларға үлестирип берди. Сол сыяқлы, оларға балықларды да қәлегенинше бѳлип берди. 12 Ҳәмме жеп тойғанда, Ийса шәкиртлерине: – Аўысқан бѳлеклерин жыйнап алыңлар, ҳеш нәрсе зая болмасын, – деди. 13 Солай етип, шәкиртлер адамлар жеген бес арпа нанынан аўысқан бѳлеклерди жыйнап, үлкен он еки себет толтырды. 14 Халық Ийсаның ислеген кәраматын кѳрип: – Ҳақыйқаттан да, Бул дүньяға келетуғын пайғамбар екен, – дести. 15 Ийса олардың келип, Ѳзин патша қылыў ушын зорлық пенен услайжақ екенин билгенде, және жалғыз Ѳзи таўға шығып кетти. 16 Кеш болғанда, Ийсаның шәкиртлери теңизге барды. 17 Олар бир қайыққа минип, теңиздиң арғы жағасындағы Капарнаҳумға қарай жол алды. Ќараңғы түссе де, Ийса еле олардың қасына келмеген еди. 18 Күшли самал есип, теңиз толқынлана баслады. 19 Шәкиртлер бес-алты шақырымдай жүзгеннен соң, теңиздиң үсти менен жүрип, қайыққа жақынласып киятырған Ийсаны кѳрип, қорқып қалысты. 20 Бирақ Ийса оларға: – Бул – Мен, қорқпаңлар! – деди. 21 Сонда олар Ийсаны қайыққа миндирмекши болды. Ќайық сол ўақытта-ақ олар баратырған жағаға келип тоқтады. 22 Ертеңине теңиздиң арғы жағасында қалған халық ол жерде тек бир қайық болғанын, Ийсаның Ѳзи шәкиртлери менен бирге бул қайыққа минбегенин, ал тек шәкиртлериниң ѳзлери кеткенин билди. 23 Сонда Ийемиз шүкирлик етип берген нанды халық жеген жердиң жақынына Тибериядан бир неше қайықлар келди. 24 Ийсаның да, шәкиртлериниң де ол жерде жоқ екенин кѳрген халық қайықларға минди ҳәм Ийсаны излеп, Капарнаҳумға кетти. 25 Олар Ийсаны теңиздиң арғы жағасынан таўып, Оннан: – Устаз, Сен бул жерге қашан келдиң? – деп сорады. 26 Ийса оларға жуўап берип: – Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: сизлер Мени кәраматлар кѳргениңиз ушын емес, ал нан жеп тойғаныңыз ушын излеп атырсызлар. 27 Сизлер бузылатуғын азық ушын емес, ал мәңгилик ѳмирге сақланатуғын азық ушын мийнет етиңлер. Оны сизлерге Адам Улы береди. Ѳйткени Ќудай Єке Оған Ѳз мѳрин басып, бийлик берди, – деди. 28 Олар Ийсадан: – Ќудайға унайтуғын ислерди ислеўимиз ушын не қылыўымыз керек? – деп сорады. 29 – Ќудайға унайтуғын ис – Оның Жибергенине исениў, – деп жуўап берди Ийса. 30 Олар Ийсаға: – Бизлер кѳрип, Саған исениўимиз ушын, қандай кәрамат кѳрсетежақсаң? Не ислейжақсаң? 31 «Жеў ушын оларға аспаннан нан берди», – деп жазылғандай, ата-бабаларымыз шѳлде манна жеген, – деди. 32 Ийса оларға: – Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: сизлерге аспаннан нан берген Муўса емес, ал аспаннан ҳақыйқый нанды сизлерге берип турған – Мениң Єкем. 33 Себеби Ќудайдың наны аспаннан келип, дүньяға ѳмир береди, – деди. 34 Халық Ийсаға: – Мырза, бизлерге бундай нанды ҳәмме ўақыт берип тур, – деди. 35 Ийса оларға былай деди: – Мен – ѳмир наныман. Маған келген адам ҳеш қашан аш болмайды ҳәм Маған исенген адам ҳеш қашан шѳллемейди. 36 Бирақ Мен сизлерге: «Мени кѳрдиңлер, сонда да Маған еле исенбей атырсызлар», – дедим-ғо. 37 Єкемниң Маған бергенлериниң ҳәммеси Маған келеди. Маған келгенлерди ҳеш қашан қуўып шығармайман. 38 Ѳйткени Мен Ѳз еркимди емес, ал Мени Жибергенниң еркин орынлаў ушын аспаннан келдим. 39 Оның Маған бергенлериниң ҳеш бирин жойтпаўым, ал ақырғы күнде ҳәммесин тирилтиўим – бул Мени Жибергенниң ерки. 40 Єкемниң ерки – Оның Улын кѳрип, Оған исенген ҳәр бир адамның мәңгилик ѳмирге ийе болыўы. Мен оны ақырғы күни тирилтемен. 41 Сонда «Мен аспаннан келген нанман», – дегени ушын, яҳудийлер Ийсаға наразылық билдире баслады. 42 – Бул – Юсуптың улы Ийса емес пе? Бизлер Оның ата-анасын таныймыз-ғо. Енди қалай Ол: «Аспаннан келдим», – деп айтып отыр? – дести олар. 43 Ийса оларға былай деп жуўап берди: – Ѳз ара наразы болмаңлар. 44 Егер Мени Жиберген Єкем алып келмесе, ҳеш ким Маған келе алмайды, ал Маған келгенди ақырғы күни тирилтемен. 45 Пайғамбарлардың Жазыўларында: «Ҳәммеси Ќудай тәрепинен үйретиледи», – деп жазылған. Єкемнен еситип, Оннан үйренген ҳәр бир адам Маған келеди. 46 Ќудайдан Келгеннен басқа ҳеш ким Єкени кѳрген емес, Єкени тек ғана Ол кѳрген. 47 Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: исенген адам мәңгилик ѳмирге ийе. 48 Мен – ѳмир наныман. 49 Ата-бабаларыңыз шѳлде манна жесе де, ѳлип кетти. 50 Бул жерде аспаннан келген бир нан бар, оны жеген адам ѳлмейди. 51 Мен – аспаннан келген тири нанман. Егер ким де ким бул нанды жесе, мәңги жасайды. Дүньяға ѳмир бериў ушын, Мен беретуғын бул нан – Ѳз денем. 52 Сонда яҳудийлер: – Ол қалай бизлерге Ѳз денесин жеўге бере алады? – деп ѳз ара тартыса баслады. 53 Ийса оларға былай деди: – Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: Адам Улының денесин жеп, қанын ишпесеңлер, сизлерде ѳмир болмайды. 54 Мениң денемди жеп, қанымды ишкен адамда мәңгилик ѳмир бар ҳәм Мен оны ақырғы күни тирилтемен. 55 Себеби Мениң денем – ҳақыйқый азық, қаным – ҳақыйқый ишимлик. 56 Денемди жеп, қанымды ишкен адам Менде жасайды, Мен онда жасайман. 57 Мени тири Єкем жибергендей ҳәм Мениң Єкем арқалы жасап атырғанымдай, Мениң денемди жеген адам да Мен арқалы жасайды. 58 Аспаннан түскен нан, мине – усы. Бул нан ата-бабаларыңыз жеген маннаға уқсамайды. Олар ѳлип кетти, ал бул нанды жеген адам мәңги жасайды. 59 Ийса бул сѳзлерди Капарнаҳумдағы мәжилисханада тәлим бергенде айтты. 60 Шәкиртлериниң кѳбиси буны еситип: – Ќандай қыйын сѳзлер! Буны ким қабыллай алады? – деди. 61 Шәкиртлериниң буған наразы болғанын билип, Ийса былай деди: – Бул сѳзлер исениўиңизге тосқынлық қылып атыр ма? 62 Егер Адам Улының бурын болған жерине кѳтерилгенин кѳрсеңиз ше? 63 Руўх ѳмир береди, ал дене пайда келтирмейди. Сизлерге айтқан сѳзлерим руўх ҳәм ѳмир. 64 Бирақ араңызда исенбейтуғынлар бар. Ѳйткени Ийса кимлердиң исенбейтуғынын ҳәм кимниң Ѳзине сатқынлық ислейтуғынын бурыннан-ақ билетуғын еди. 65 Ийса және: – «Єкем жол қоймаса, ҳеш ким Маған келе алмайды», – деп сол себепли айтқан едим, – деди. 66 Сол ўақыттан баслап, Ийсаның шәкиртлериниң кѳбиси кетип қалып, енди Оның менен жүрмейтуғын болды. 67 Сонда Ийса он еки шәкиртинен: – Сизлер де кетпекшимисиз? – деп сорады. 68 Симон Петр жуўап берип: – Ийем, бизлер кимге барамыз? Сенде мәңгилик ѳмир сѳзлери бар. 69 Бизлер исенемиз ҳәм билемиз: Сен – Ќудайдың Мухаддесисең, – деди. 70 Ийса оларға: – Сизлерди, он екини таңлап алған Ѳзим емес пе? Бирақ араңыздағы бириңиз – шайтан, – деди. 71 Ол Симон улы Яҳуда Исқариот ҳаққында айтқан еди. Себеби Яҳуда он екиниң бири болса да, кейин Ийсаға сатқынлық иследи.
1 Соңынан Ийса Галила бойлап жүрди, ѳйткени яҳудий басшылары Оны ѳлтирмекши болғанлықтан, Ол Яҳудияда жүриўди қәлемеди. 2 Яҳудийлердиң Ќос байрамы жақынлап қалған еди. 3 Сонда Ийсаның инилери Оған: – Бул жерден кетип, Яҳудияға бар. Сениң ислеп атырған ислериңди шәкиртлериң де кѳрсин. 4 Себеби ѳзин ашық танытпақшы болған адам жасырын ис ислемейди. Егер Сен усындай ислер ислеп атырған болсаң, Ѳзиңди дүньяға кѳрсет, – дести. 5 Ѳйткени Оған, ҳәтте, инилери де исенбейтуғын еди. 6 Ийса оларға: – Мен ушын ылайықлы ўақыт еле келмеди. Ал сизлер ушын ҳәр қандай ўақыт қолайлы. 7 Дүнья сизлерди жек кѳре алмайды, бирақ Мени жек кѳреди. Себеби Мен оның ислериниң жаман екенлиги ҳаққында гүўалық берип жүрмен. 8 Сизлер байрамға барыңлар. Мен ҳәзирше бул байрамға бармайман, ѳйткени Мениң ўақтым еле толмады, – деди. 9 Ийса оларға усыларды айтып, Галилада қалды. 10 Бирақ инилери байрамға кеткеннен соң, Ийсаның Ѳзи де барды. Ашық түрде емес, ал жасырын барды. 11 Яҳудий басшылары Ийсаны байрамда излеп: «Ол қаяқта?» – деп сорады. 12 Халық арасында Ол ҳаққында кѳп сыбырлы сѳзлер болды. Биреўлер: «Ол жақсы Адам», – десе, басқалар: «Яқ, Ол халықты жолдан азғырып атыр», – деди. 13 Бирақ яҳудий басшыларынан қорққанлықтан, ҳеш ким Ол ҳаққында ашық сѳйлей алмайтуғын еди. 14 Байрамның ярымы ѳткенде Ийса Ибадатханаға кирип, тәлим бере баслады. 15 Яҳудий басшылары: – Бул Адам ҳеш оқымаған болса да, усыншама билимди қаяқтан алған? – деп таң қалысты. 16 Ийса оларға жуўап берип былай деди: – Мениң тәлийматым Ѳзимдики емес, ал Мени Жибергендики. 17 Ким де ким Ќудайдың еркин орынлағысы келсе, бул тәлийматтың Ќудайдан ба ямаса Мен Ѳзлигимнен айтып атырман ба, билип алады. 18 Ѳз атынан сѳйлеўши ѳзине уллылық излейди, ал Ѳзин Жибергенниң уллылығын излеўши – ҳақыйқатшыл, Онда жалған жоқ. 19 Муўса сизлерге Мухаддес Нызамды бермеди ме? Бирақ ҳеш бириңиз де Мухаддес Нызамды орынламайсызлар. Мени не ушын ѳлтирмекшисизлер? 20 Халық: – Сени жин урған ба? Ким Сени ѳлтирмекши? – деди. 21 Ийса сѳзин даўам етип, оларға былай деди: – Мен бир ис иследим, ҳәммеңиз буған ҳайран қалып атырсызлар. 22 Муўса сизлерге сүннетти буйырғанлықтан, сизлер дем алыс күнинде де баланы сүннет етесизлер. Бирақ ҳақыйқатында, сүннет Муўсадан емес, ал бабаңыз Ибрайымнан қалған еди. 23 Муўсаның Нызамы бузылмасын деп, бала дем алыс күни болса да сүннет қылынады екен, неге сизлер Маған дем алыс күни бир адамға толық шыпа бердиң, деп ашыўланасызлар? 24 Сыртқы кѳриниске қарап ҳүким етпеңлер, ал әдиллик пенен ҳүким шығарыңлар. 25 Сонда айырым ерусалимлилер: – Ѳлтирмекши болып атырғаны усы Адам емес пе? 26 Мине, Ол ашық сѳйлеп тур, ал олар Оған ҳеш нәрсе деп атырған жоқ. Мүмкин, басшылар Оның Масих екенин ҳақыйқаттан да тән алған шығар? 27 Бирақ бизлер бул Адамның қаяқтан келгенин билемиз. Ал Масих келгенде, Оның қаяқтан келгенин ҳеш ким билмейди, – дести. 28 Сол ўақытта Ибадатханада тәлим берип турған Ийса бәлент даўыс пенен былай деди: – Сизлер Мени ҳәм Мениң қаяқтан екенимди билесизлер. Мен Ѳз Ѳзимнен келгеним жоқ. Мени Жиберген Ҳақ, сизлер Оны билмейсизлер. 29 Бирақ Мен Оны билемен, себеби Мен Оннан келдим, Мени Ол жиберди. 30 Сонда олар Ийсаны услаўға тырысты, бирақ ҳеш ким Оған қол тийгизбеди. Ѳйткени Оның ўақты еле келмеген еди. 31 Ал халық арасында кѳп адамлар Оған исенип: – Масих келгенде, бул Адамнан да кѳбирек кәраматлар ислер ме екен? – деди. 32 Парисейлер Ийса ҳаққында халық арасындағы бул сѳзлерди еситти. Сонлықтан олар ҳәм бас руўханийлер Ийсаны услаў ушын сақшыларды жиберди. 33 Ийса былай деди: – Мен сизлер менен бирге аз ўақыт боламан, соңынан Мени Жибергенге қайтып бараман. 34 Мени излейсизлер, бирақ таппайсызлар. Мен болатуғын жерге сизлер келе алмайсызлар. 35 Сонда яҳудий басшылары ѳз ара: – Бул Адам бизлер таба алмайтуғындай қаяққа бармақшы? Ол греклер арасына тарқалып кеткен яҳудийлерге барып, греклерге тәлим бермекши ме? 36 «Мени излейсизлер, бирақ таппайсызлар. Мен болатуғын жерге сизлер келе алмайсызлар», – деген сѳзлер нени аңлатады екен? – дести. 37 Байрамның соңғы, уллы күнинде Ийса орнынан турып, бәлент даўыс пенен былай деди: – Ким де ким шѳллесе, Маған келип ишсин. 38 Мухаддес Жазыўда айтылғандай, Маған исенген адамның ишинен тири суў дәрьясы ағады. 39 Ийса бундай деп, Ѳзине исенетуғынлар алатуғын Мухаддес Руўх ҳаққында айтқан еди. Себеби Ол еле уллылыққа ериспегенликтен, оларға Мухаддес Руўх еле берилмеген еди. 40 Халық арасынан айырымлар бул сѳзлерди еситип: – Бул – ҳақыйқаттан да Пайғамбар, – деди. 41 Басқалары: «Бул – Масих», – дести. Ал гейбиреўлери: «Яқ, Масих Галиладан келетуғын ба еди? 42 Мухаддес Жазыўда: „Масих Даўыттың урпағынан болып, Даўыттың ана журты Бейтлеҳем аўылынан келеди“, – деп жазылған емес пе?» – дести. 43 Солай етип, Ийса себепли халық арасында бѳлиниў пайда болды. 44 Олардың гейбиреўлери Оны усламақшы болды, бирақ ҳеш ким Оған қол тийгизбеди. 45 Сақшылар қайтып келгенде, бас руўханийлер менен парисейлер олардан: – Неге Оны алып келмедиңлер? – деп сорады. 46 Сақшылар жуўап берип: – Ҳеш ким ҳеш қашан бул Адам сыяқлы сѳйлеген емес, – деди. 47 Парисейлер оларға: – Сизлер де алдандыңыз ба? 48 Басшылардан ямаса парисейлерден Оған исенген адам болды ма, сирә? 49 Бирақ, Мухаддес Нызамды билмейтуғын бул халық нәлет етилген, – деди. 50 Олардың бири, бурын Ийсаға келген Никодим атлы адам оларға: 51 – Нызамымыз бойынша, дәслеп адамды тыңламай турып, оның не ислегенин билместен, ҳүким етиўге бола ма? – деди. 52 Оған: – Сен де Галиладансаң ба? Мухаддес Жазыўды жақсылап оқы, сонда Галиладан пайғамбар шықпайтуғынын билесең, – дести олар. 53 Соңынан ҳәммеси үйлерине тарқасты.
1 Ал Ийса Зәйтүн таўына кетти. 2 Таң атқанда, Ол және Ибадатханаға қайтып барды. Пүткил халық Оның қасына келди ҳәм Ийса отырып, оларға тәлим бере баслады. 3 Сонда диний муғаллимлер менен парисейлер Ийсаның алдына бузықшылық ислеп атырғанда усланған бир ҳаялды алып келди. Ҳаялды ортаға турғызып: 4 – Устаз! Бул ҳаял бузықшылық ислеп атырғанда усланды. 5 Муўса Нызамда бизлерге бундай ҳаялларды тас пенен урыўды буйырған. Сен не дейсең? – деди. 6 Олар бул сѳзлерди Ийсаны сынап, Оны айыплайтуғын бир сылтаў табыў ушын айтты. Бирақ Ийса еңкейип, бармағы менен жерге жазып отыра берди. 7 Олар сораўларын даўам ете бергеннен соң, Ийса түргелип: – Араңызда ким гүнасыз болса, сол биринши болып ҳаялға тас атсын, – деди. 8 Соңынан және еңкейип, жерге жаза берди. 9 Олар бул сѳзлерди еситкенде, жасы үлкенлеринен баслап, бирим-бирим кете баслады. Ақырында жалғыз Ийса менен ортада турған ҳаял қалды. 10 Ийса орнынан турып, ҳаялға: – Ҳаял! Олар қаяқта? Ҳеш ким сени айыпламады ма? – деди. 11 – Ҳеш ким, Мырза! – деп жуўап берди ҳаял. Ийса оған: – Мен де сени айыпламайман, бар, буннан былай гүна ислеме, – деди. 12 Ийса және халыққа былай деди: – Мен – дүньяның нурыман. Ким де ким Маған ерсе, қараңғылықта жүрмейди, ал ѳмир нурына ийе болады. 13 Сонда парисейлер Ийсаға: – Сен Ѳзиң ҳаққында Ѳзиң гүўалық берип атырсаң. Сениң гүўалығың ҳақыйқат емес, – деди. 14 Ийса оларға жуўап берип былай деди: – Мен Ѳзим ҳаққында Ѳзим гүўалық берсем де, гүўалығым ҳақыйқат. Ѳйткени Мен қаяқтан келгенимди ҳәм қаяққа кететуғынымды билемен. Ал сизлер Мениң қаяқтан келгенимди ҳәм қаяққа кететуғынымды билмейсизлер. 15 Сизлер адамның ой-пикири менен ҳүким етесизлер, ал Мен ҳеш кимди ҳүким етпеймен. 16 Егер Мен ҳүким етсем де, Мениң ҳүкимим әдил. Себеби Мен жалғыз емеспен. Мен ҳәм Мени Жиберген Єкем екеўмиз бирге ҳүким етемиз. 17 Сизлердиң Мухаддес Нызамыңызда: «Еки адамның гүўалығы дурыс», – деп жазылған-ғо. 18 Мен Ѳзим ҳаққында Ѳзим гүўалық беремен ҳәм Мени жиберген Єкем де гүўалық береди. 19 Сонда олар Ийсадан: – Сениң Єкең қаяқта? – деп сорады. Ийса оларға: – Сизлер Мени де, Мениң Єкемди де билмейсизлер. Егер Мени билгениңизде, Єкемди де билер едиңлер, – деди. 20 Ийса бул сѳзлерди Ибадатханада тәлим берип атырып, садақа қутысының қасында айтты. Бирақ ҳеш ким Оны усламады, ѳйткени Оның ўақты еле келмеген еди. 21 Ийса оларға және: – Мен кетип баратырман. Сизлер Мени излейсизлер. Бирақ ѳз гүналарыңыз бенен ѳлесизлер. Мениң баратуғын жериме сизлер келе алмайсызлар, – деди. 22 Сонда яҳудий басшылары ѳз ара: – Ол Ѳзин Ѳзи ѳлтирежақ па екен? Неге: «Мениң баратуғын жериме сизлер келе алмайсызлар», – деп атыр? – дести. 23 Ийса оларға былай деди: – Сизлер тѳменненсиз, Мен жоқарыданман. Сизлер бул дүньядансыз, ал Мен бул дүньядан емеспен. 24 Сонлықтан Мен: «Сизлер ѳз гүналарыңыз бенен ѳлесизлер», – деген едим. Себеби Мениң Сол екениме исенбесеңлер, ѳз гүналарыңыз бенен ѳлесизлер. 25 Сонда олар Ийсадан: – Сен кимсең? – деп сорады. Ийса оларға: – Бастан-ақ сизлерге ким туўралы айтқан болсам, анық Солман. 26 Сизлер туўралы айтатуғын ҳәм сизлерди ҳүким ететуғын кѳп нәрселерим бар. Мени Жиберген ҳақыйқат ҳәм Мен Оннан не еситсем, дүньяға соны сѳйлеймен, – деди. 27 Олар Ийсаның Єке ҳаққында айтып турғанын түсинбеди. 28 Солай етип, Ийса былай деди: – Адам Улын жоқары кѳтергениңизде, Мениң Сол екенимди ҳәм Ѳзлигимнен ҳеш нәрсе ислемегенимди, ал Єкемниң Маған үйреткенлерин айтқанымды билип аласызлар. 29 Мени Жиберген Мениң менен бирге, Ол Мени жалғыз қалдырмады. Ѳйткени Мен ҳәмме ўақыт Оған унайтуғын ислерди ислеймен. 30 Ийса бул сѳзлерди айтқанда, Оған кѳп адамлар исенди. 31 Сол ўақытта Ийса Ѳзине исенген яҳудийлерге: – Егер Мениң сѳзлерим бойынша жасасаңлар, ҳақыйқый шәкиртлерим боласызлар. 32 Сизлер ҳақыйқатты билип аласызлар, ҳақыйқат сизлерди азат қылады, – деди. 33 – Бизлер – Ибрайымның урпағымыз. Ҳеш қашан ҳеш кимге қул болмағанбыз. Неге: «Азат боласызлар», – деп атырсаң? – деди олар. 34 Ийса оларға жуўап берип былай деди: – Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: гүна ислейтуғын ҳәр бир адам – гүнаның қулы. 35 Ќул үйде мәңги қалмайды, ул мәңги қалады. 36 Сонлықтан егер Ул сизлерди азат қылса, ҳақыйқаттан азат боласызлар. 37 Сизлердиң Ибрайымның урпағы екениңизди билемен. Бирақ Мени ѳлтириўди қәлейсизлер, себеби Мениң сѳзим кеўлиңизден жай алмайды. 38 Мен Єкемнен кѳргенимди айтаман. Ал сизлер әкеңизден еситкениңизди ислейсизлер. 39 Олар Ийсаға жуўап берип: – Бизлердиң бабамыз Ибрайым-ғо, – дести. Ийса оларға: – Егер сизлер Ибрайымның урпақлары болғаныңызда, Ибрайымның ислерин ислер едиңлер. 40 Бирақ енди Мени, Ќудайдан еситкен ҳақыйқатты сизлерге айтқан Адамды ѳлтирежақсызлар. Ибрайым бундай исти ислемеди. 41 Сизлер ѳз әкеңиздиң ислерин қылып атырсызлар, – деди. – Бизлер некесиз туўылған жоқпыз. Бизлердиң бир ғана Єкемиз бар, Ол – Ќудай, – деп жуўап берди олар. 42 Ийса оларға былай деди: – Егер Ќудай сизлердиң Єкеңиз болғанда, Мени сүйер едиңлер. Ѳйткени Мен Ќудайдан келдим ҳәм усы жердемен. Мен Ѳзлигимнен келгеним жоқ, Мени Ол жиберди. 43 Неге айтқанларыма түсинбейсизлер? Себеби Мениң сѳзимди тыңлай алмайсызлар. 44 Сизлер ѳз әкеңиз шайтаннансыз, сизлер оның тилеклерин орынлаўды қәлейсизлер. Ол бастан-ақ адам ѳлтириўши еди. Ол ҳақыйқат тәрепинде турмаған, ѳйткени онда ҳақыйқатлық жоқ. Ол ѳтирик сѳйлеген ўақытта ѳз тәбиятына тән сѳйлейди. Себеби ол ѳтирикши ҳәм ѳтириктиң әкеси. 45 Бирақ Мен ҳақыйқатты айтып турғанлықтан, Маған исенбей атырсызлар. 46 Ќайсы бириңиз Мени гүналы деп, айыплай аласыз? Егер ҳақыйқатты айтып турған болсам, неге Маған исенбей атырсызлар? 47 Ким Ќудайдан болса, Ќудайдың сѳзлерин тыңлайды. Ал сизлер Ќудайдан болмағанлықтан тыңламай атырсызлар. 48 Яҳудийлер Ийсаға жуўап берип: – Сен самариялысаң ҳәм Сени жин урған, деп айтқанымыз дурыс емес пе? – деди. 49 Ийса жуўап берип былай деди: – Мени жин урған жоқ. Бирақ Мен Єкемди ҳүрмет қыламан, ал сизлер Мени масқаралап атырсызлар. 50 Мен Ѳзиме уллылық излемеймен. Уллылығымды излеўши ҳәм ҳүким етиўши Биреў бар. 51 Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: ким де ким сѳзлеримди орынласа, ол ҳеш қашан ѳлим кѳрмейди. 52 Яҳудийлер Ийсаға: – Сени жин урғанын енди билдик. Ибрайым ҳәм пайғамбарлар ѳлип кетти. Ал Сен: «Ким де ким Мениң сѳзлеримди орынласа, ол ҳеш қашан ѳлим кѳрмейди», – деп атырсаң. 53 Сен бизлердиң бабамыз Ибрайымнан уллымысаң? Ол да, пайғамбарлар да ѳлип кеткен. Сен Ѳзиңди ким деп санайсаң? – деди. 54 Ийса жуўап берип былай деди: – Егер Мен Ѳзимди Ѳзим уллыласам, Мениң уллылығым пуш болады. Мени уллылайтуғын, сизлер «Ќудайымыз» деп атайтуғын Мениң Єкем. 55 Сизлер Оны билмейсизлер, ал Мен Оны билемен. Егер Оны билмеймен, десем, сизлер сыяқлы ѳтирикши боламан. Бирақ Мен Оны билемен ҳәм Оның сѳзин орынлайман. 56 Бабаңыз Ибрайым Мениң келетуғын күнимди кѳретуғынына қуўанды ҳәм кѳрип шадланды. 57 Яҳудийлер Ийсаға: – Сен еле елиў жасқа да толғаның жоқ-ғо. Сен Ибрайымды кѳрдиң бе? – деди. 58 Ийса оларға: – Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: Ибрайым туўылмастан бурын Мен бар едим, – деди. 59 Сонда олар Ийсаға ылақтырыў ушын тас алды. Бирақ Ийса олардан жасырынып, Ибадатханадан шығып кетти.
1 Ийса ѳтип баратырғанда, иштен соқыр болып туўылған бир адамды кѳрди. 2 Шәкиртлери Ийсадан: – Устаз! Бул адамның соқыр болып туўылыўы кимниң гүнасы себепли болды, ѳзиниң бе ямаса ата-анасының ба? – деп сорады. 3 Ийса былай деп жуўап берди: – Бул адамның ѳзиниң де, ата-анасының да гүнасы себепли болған жоқ. Ќудайдың ислери оның ѳмиринде кѳриниўи ушын, ол соқыр болып туўылды. 4 Еле күндиз екен, Мени Жибергенниң ислерин ислеўимиз керек. Түн келеди, сонда ҳеш ким ислей алмайды. 5 Мен дүньяда екенмен, дүньяның нурыман. 6 Ийса бул сѳзлерди айтып болып, жерге түкирди де, түкириктен ылай ислеп, оны соқырдың кѳзлерине жақты 7 ҳәм оған: – Барып, Силоҳа ҳәўизинде жуўын, – деди. Силоҳа – «Жиберилген» деген мәнисти билдиреди. Ол барып жуўынды ҳәм кѳзлери кѳретуғын болып, қайтып келди. 8 Сонда қоңсылары ҳәм бурын оның тиленшилик етип отырғанын кѳргенлер: – Бул – тиленшилик етип отыратуғын сол адам емес пе? – деди. 9 Биреўлери: «Аўа, сол», десе, басқалары: «Яқ, ол тек соған уқсайды», дести. Ал оның ѳзи: «Мен сол адамман», деди. 10 – Олай болса, кѳзлериң қалай ашылды? – деп сорады олар. 11 Ол жуўап берип: – Ийса деген Адам ылай ислеп, кѳзлериме жақты ҳәм маған: «Силоҳа ҳәўизине барып, жуўын», – деди. Сонда мен барып, жуўындым ҳәм кѳзлерим кѳретуғын болды, – деди. 12 Олар: – Ол қаяқта? – деп сорады. – Билмеймен, – деди ол. 13 Адамлар бурын соқыр болған адамды парисейлердиң алдына алып барды. 14 Ийсаның ылай ислеп, соқырдың кѳзин ашқан күн дем алыс күни еди. 15 Сонда парисейлер де оннан кѳзлериниң қалай кѳретуғын болғанын сорады. Сол адам оларға: – Ийса мениң кѳзлериме ылай жақты. Мен жуўындым ҳәм енди кѳретуғын болдым, – деди. 16 Сонда гейбир парисейлер: – Бул Адам Ќудайдан емес. Ѳйткени дем алыс күни жумыс ислеп атыр, – деди. Бирақ басқалары: – Гүнакар адам бундай кәраматларды қалай ислей алады? – деди. Солай етип, олардың арасында бѳлиниў пайда болды. 17 Олар және бурын соқыр болған сол адамнан: – Кѳзлериңди ашқан сол Адам ҳаққында сен не айтасаң? – деп сорады. – Ол пайғамбар, – деди ол. 18 Бирақ яҳудий басшылары кѳзлери ашылған адамның ата-анасын шақыртпағанша, оның бурын соқыр болғанына ҳәм енди кѳзлериниң кѳретуғынына исенбеди. 19 Олар оның ата-анасынан: – Иштен соқыр болып туўылды, деп айтқан улыңыз усы ма? Енди ол қалай кѳретуғын болды? – деп сорады. 20 Оның ата-анасы жуўап берип: – Оның бизлердиң улымыз екенин ҳәм соқыр болып туўылғанын билемиз. 21 Бирақ, енди қалай оның кѳретуғын болғанын ҳәм оның кѳзлерин кимниң ашқанын билмеймиз. Ѳзинен сораң, ол ержеткен, ѳзи ушын ѳзи сѳйлесин, – деди. 22 Соқыр адамның ата-анасы яҳудий басшыларынан қорққанлықтан усылай деди. Себеби яҳудий басшылары: «Ким Ийсаның Масих екенин тән алса, ол мәжилисханадан қуўылсын», – деп тил бириктирген еди. 23 Сонлықтан оның ата-анасы: «Ол ержеткен, ѳзинен сораң», – деген еди. 24 Солай етип, парисейлер соқыр болған адамды екинши мәрте шақырып, оған: – Ҳақыйқатын айтып, Ќудайды мақта! Бизлер бул Адамның гүнакар екенин билемиз, – деди. 25 – Ол гүнакар ма, гүнакар емес пе, билмеймен. Мен тек бир нәрсени билемен: соқыр едим, енди кѳретуғын болдым, – деп жуўап берди ол. 26 Олар және оннан: – Ол саған не иследи? Кѳзлериңди қалай ашты? – деп сорады. 27 – Мен сизлерге жаңа ғана айттым-ғо, бирақ сизлер тыңламадыңлар. Және не еситпекшисизлер? Сизлер де Оның шәкиртлери болыўды қәлейсизлер ме? – деп жуўап берди ол. 28 Сонда яҳудийлер оған жекиринип: – Сен Оның шәкирти! Ал бизлер Муўсаның шәкиртлеримиз! 29 Ќудайдың Муўса менен сѳйлескенин билемиз. Бирақ бул Адамның қаяқтан келгенин билмеймиз, – деди. 30 Кѳзи ашылған адам оларға: – Таң қаларлығы сол-дә! Сизлер Оның қаяқтан келгенин билмейсизлер, бирақ Ол мениң кѳзлеримди ашты. 31 Бизлер Ќудайдың гүнакарларды тыңламайтуғынын билемиз. Бирақ ким де ким Ќудайды сыйлап, Оның еркин орынласа, соны тыңлайды. 32 Дүнья бар болғалы, иштен соқыр болып туўылған адамның кѳзин биреўдиң ашыўы – ҳеш еситилмеген гәп. 33 Егер бул Адам Ќудайдан болмағанда, ҳеш нәрсе ислей алмас еди, – деди. 34 Яҳудийлер оған жуўап берип: – Ѳзиң пүткиллей гүнаға батып туўылғансаң, сен бе бизлерди үйрететуғын? – деп, оны қуўып шығарды. 35 Парисейлердиң оны қуўып шығарғанын еситкен Ийса оны таўып: – Сен Адам Улына исенесең бе? – деп оннан сорады. 36 Ол жуўап берип: – Мырза, Ол ким? Маған айт, мен де Оған исенейин, – деди. 37 Ийса оған: – Сен Оны кѳрдиң. Мине, сениң менен сѳйлесип турған – Оның Ѳзи, – деди. 38 Сонда ол: – Ийем, исенемен, – деп, Ийсаға табынды. 39 Ийса: – Соқырлар кѳрсин, кѳретуғынлар соқыр болсын деп, Мен бул дүньяны ҳүким етиўге келдим, – деди. 40 Ийсаның қасында болған айырым парисейлер бул сѳзлерди еситип, Оған: – Не, бизлер де соқырмыз ба? – деди. 41 Ийса оларға: – Егер сизлер соқыр болғаныңызда, гүнаңыз болмас еди. Бирақ: «Кѳзлеримиз кѳреди» дегениңиз ушын, гүнаңыз мойныңызда қалады, – деди.
1 Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: ким қой қораға қапыдан кирмей, басқа жерден асырылып түссе, ол – уры ҳәм басқыншы. 2 Ал қапыдан кирген адам қойлардың шопаны. 3 Ќараўыл оған қапыны ашып береди. Ќойлар шопанның даўысына қулақ салады, ол ѳз қойларын атпа-ат шақырып, оларды сыртқа алып шығады. 4 Ол ѳз қойларының ҳәммесин сыртқа шығарғаннан соң, олардың алдында жүреди. Ќойлар да оның изине ереди, ѳйткени олар шопанның даўысын таныйды. 5 Олар жат адамның изине ермейди, ал оннан қашып кетеди. Себеби жат адамның даўысын танымайды. 6 Ийса оларға усы тымсалды айтып берди. Бирақ олар Ийсаның не айтпақшы болғанын түсинбеди. 7 Сонлықтан Ийса және былай деди: – Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: Мен қойлар ушын қапыман. 8 Меннен бурын келгенлердиң ҳәммеси урылар ҳәм басқыншылар еди, қойлар оларға қулақ аспады. 9 Мен – қапыман. Ким де ким Мен арқалы кирсе, қутқарылады. Ол киреди, шығады ҳәм жайлаў табады. 10 Уры тек урлаў, ѳлтириў ҳәм набыт қылыў ушын келеди. Бирақ Мен олар ѳмирге ийе болыўы ушын, дәўлетли ѳмирге ийе болыўы ушын келдим. 11 Мен – жақсы шопанман. Жақсы шопан қойлары ушын жанын береди. 12 Ал жалланған адам қойлардың шопаны ҳәм ийеси емес. Сонлықтан ол қасқырдың киятырғанын кѳрип, қойларды таслап қашып кетеди. Ал қасқыр қойларға шабыўыл жасап, тарқатып жибереди. 13 Ѳйткени ол жалланған адам болғанлықтан, қойларды қайғырмай қашып кетеди. 14 - 15 Мен – жақсы шопанман. Єкемниң Мени билетуғыны ҳәм Мениң Єкемди билетуғыным сыяқлы, Мен де қойларымды билемен, олар да Мени биледи. Мен қойларым ушын жанымды беремен. 16 Мениң бул қорадан болмаған басқа да қойларым бар. Оларды да алып келиўим тийис. Олар Мениң даўысымды еситеди, сонда бир шопаны бар, бир сүриў болады. 17 Мен жанымды қайтып алыў ушын беремен. Сонлықтан Єкем Мени сүйеди. 18 Жанымды Меннен ҳеш ким тартып ала алмайды. Бирақ Мен оны Ѳзим беремен. Менде оны бериўге де, қайтып алыўға да бийлик бар. Бул буйрықты Мен Єкемнен алдым. 19 Усы сѳзлер себепли, яҳудийлер арасында және бѳлиниў пайда болды. 20 Олардың кѳбиси: – Оны жин урған, Оның еси дурыс емес. Неге Оны тыңлап турсызлар? – деди. 21 Ал басқалары: – Бул жинли адамның сѳзлери емес. Жин соқырдың кѳзлерин аша ала ма? – деди. 22 Сол ўақытта Ерусалимде Ибадатхананы Бағышлаў байрамы болды. Ќыс еди. 23 Ийса Ибадатханада, Сулайманның айўанында жүрген еди. 24 Яҳудий басшылары Оның әтирапына жыйналып: – Ќашанға дейин бизлерди түсинбеўшиликке саласаң? Егер Сен Масих болсаң, бизлерге ашығын айт, – деди. 25 Ийса оларға жуўап берип былай деди: – Мен сизлерге айттым, бирақ сизлер исенбей атырсызлар. Єкемниң аты менен қылған ислерим Мен туўралы гүўалық берип атыр. 26 Бирақ та, сизлер исенбей атырсызлар. Себеби сизлер Мениң қойларым емессизлер. 27 Мениң қойларым даўысыма қулақ асады. Мен оларды билемен, олар Мениң изиме ереди. 28 Мен оларға мәңгилик ѳмир беремен ҳәм олар ҳеш қашан набыт болмайды. Ҳеш ким оларды Мениң қолымнан тартып ала алмайды. 29 Оларды Маған берген Єкем – ҳәммеден уллы. Єкемниң қолынан оларды ҳеш ким тартып ала алмайды. 30 Мен ҳәм Єкем бирмиз. 31 Сонда яҳудий басшылары Оған ылақтырыў ушын, жерден және тас алды. 32 Ийса олардан: – Мен сизлерге Єкем тапсырған кѳп жақсы ислерди кѳрсеттим. Олардың қайсы бири ушын, Мени тас пенен уражақсызлар? – деп сорады. 33 Яҳудий басшылары Ийсаға жуўап берип: – Сени жақсы ислериң ушын емес, ал Ќудайға тил тийгизгениң ушын, тас пенен уражақпыз. Сен адам бола тура, Ѳзиңди «Ќудайман», – деп атырсаң, – деди. 34 Ийса оларға былай деди: – «Мен: сизлер қудайларсыз, дедим», – деп Мухаддес Нызамыңызда жазылған емес пе? 35 Ќудай Ѳз сѳзин жиберген адамларды қудайлар деп атаған-ғо. Мухаддес Жазыўды бийкарлаўға болмайды. 36 Єкениң Ѳзине ажыратып алып, дүньяға жиберген Мени «Ќудайдың Улыман», – дегеним ушын, неге «Ќудайға тил тийгизип атырсаң», – дейсизлер? 37 Егер Єкемниң ислерин қылмай атырған болсам, Маған исенбеңлер. 38 Бирақ Оның ислерин қылып атырған болсам, Маған исенбесеңлер де, қылған ислериме исениңлер. Сонда Єкениң Менде, Мениң Єкеде екенимди түсинип, билип аласызлар. 39 Сол ўақытта олар Ийсаны услаўға және ҳәрекет қылды, бирақ Ийса олардың қолларынан қутылып қалды. 40 Ийса және Иордан дәрьясының арғы жағасына, бурын Яқыяның адамларды шомылдырып жүрген жерине барып, сол жерде қалды. 41 Оған кѳп адамлар келип: – Яқыя ҳеш қандай кәрамат ислемеген еди. Бирақ оның бул Адам ҳаққында айтқанларының ҳәммеси дурыс шықты, – деди. 42 Сол жерде кѳп адамлар Ийсаға исенди.
1 - 2 Бетания деген аўылда Лазар атлы бир адам аўырып атырған еди. Оның қарындаслары Мәриям менен Марта да сол аўылда жасайтуғын еди. Кейинирек Ийемиз Ийсаға әтир май қуйып, Оның аяқларын шашы менен сүртетуғын ҳаял, усы Мәриям еди. 3 Апалы-сиңлили Ийсаға: «Ийем, Сениң жақсы кѳретуғын адамың аўырып атыр», – деп хабар жиберди. 4 Ийса буны еситип: – Бул аўырыўдың изи ѳлим менен жуўмақланбайды, ал Ќудайдың уллыланыўы ушын болады. Солай етип, бул арқалы Ќудайдың Улы да уллыланады, – деди. 5 Ийса Мартаны, оның сиңлисин ҳәм Лазарды сүйетуғын еди. 6 Ийса Лазардың аўырып атырғанын еситсе де, Ѳзи болып атырған жерде және еки күн қалды. 7 Соңынан шәкиртлерине: – Және Яҳудияға барайық, – деди. 8 Шәкиртлери Оған: – Устаз, яҳудийлер Сени жақында ғана тас пенен урмақшы еди-ғо. Сен және сол жерге баражақсаң ба? – деди. 9 Ийса жуўап берип: – Күндиз он еки саат бар емес пе? Күндиз жүрген адам сүрнигип жығылмайды, ѳйткени ол бул дүньяның нурын кѳреди. 10 Ал түнде жүриўши сүрнигип жығылады, себеби онда нур жоқ, – деди. 11 Ийса бул сѳзлерди айтқаннан соң, оларға және былай деди: – Достымыз Лазар уйықлап қалды. Бирақ Мен оны оятыў ушын кетип баратырман. 12 – Ийем, уйықлап қалған болса, тәўир болады, – деди шәкиртлери. 13 Ийса Лазардың ѳлимин нәзерде тутқан еди. Бирақ олар Ийса қәдимги уйқы ҳаққында айтты, деп ойлады. 14 Сонда Ийса оларға ашық айтып: – Лазар ѳлди. 15 Сизлердиң исениўиңиз ушын, Мениң сол жерде болмағаныма сизлер ушын қуўанышлыман. Ал енди оған барайық, – деди. 16 Сонда Егиз деп аталған Томас шәкиртлерге: – Жүриңлер кеттик, бизлер де Оның менен бирге ѳлемиз, – деди. 17 Ийса Бетанияға жақынлағанда, Лазардың қәбирге қойылғанына тѳрт күн болғанын билди. 18 Бетания Ерусалимге жақын, үш шақырымдай жерде болғанлықтан, 19 кѳп яҳудийлер Марта менен Мәриямға әжағасының ѳлими себепли кеўил айтыўға келди. 20 Марта Ийсаның киятырғанын еситип, Оны қарсы алыўға шықты. Ал Мәриям үйде қалды. 21 Марта Ийсаға: – Ийем! Егер Сен усы жерде болғаныңда, әжағам ѳлмес еди. 22 Бирақ ҳәзир де Сен Ќудайдан не сорасаң да, Ќудайдың Саған беретуғынын билемен, – деди. 23 Ийса оған: – Сениң әжағаң тириледи, – деди. 24 – Ақыреттеги қайта тирилиўде оның да қайта тирилетуғынын билемен, – деди Марта. 25 Ийса оған: – Мен қайта тирилиў ҳәм ѳмирмен. Маған исенген адам ѳлсе де, жасайды. 26 Маған исенип жасап атырған ҳәр бир адам ҳеш қашан ѳлмейди. Усыған исенесең бе? – деди. 27 Марта Оған: – Аўа, Ийем. Сениң дүньяға келетуғын Масих, Ќудайдың Улы екениңе исенемен, – деди. 28 Марта усыны айтып болып кетип қалды ҳәм Мәриямды шақырып алып: – Устаз усы жерде, сени шақырып атыр, – деп оған сыбырлады. 29 Мәриям буны еситиўден тез орнынан турды да, Ийсаның жанына кетти. 30 Ийса еле аўылға кирмеген болып, Ол Марта менен ушырасқан жерде еди. 31 Мәриям менен бирге үйде болған ҳәм оған кеўил айтып отырған яҳудийлер оның асығыслық пенен орнынан турып, сыртқа шыққанын кѳрди. Олар оны жылаў ушын қәбирге кетти деп ойлап, изине ерди. 32 Мәриям Ийса турған жерге келгенде, Оны кѳрип, аяқларына жығылды да: – Ийем! Егер Сен усы жерде болғаныңда, әжағам ѳлмес еди, – деди. 33 Мәриямның ҳәм оның менен келген яҳудийлердиң жылағанын кѳргенде, Ийса руўхый қыйналып, жаны ашыды. 34 – Оны қай жерге қойдыңлар? – деп сорады. – Ийем, келип кѳр, – деди олар. 35 Ийса кѳзине жас алды. 36 Сонда яҳудийлер: – Ќараңлар, оны қаншелли сүйер екен! – деди. 37 Бирақ олардың айырымлары: – Соқырдың кѳзлерин ашқан бул Адам Лазарды ѳлимнен аман алып қалмас па еди? – деди. 38 Ийса және ишинен терең қайғырып, қәбирге барды. Ќәбир бир үңгирде болып, оның аўзы тас пенен жабылған еди. 39 Ийса: – Тасты алып қойыңлар, – деди. Марҳумның қарындасы Марта Ийсаға: – Ийем! Енди ийисленип баратыр. Ѳйткени оның қәбирге қойылғанына тѳрт күн болды, – деди. 40 Ийса оған: – «Егер Маған исенсең, Ќудайдың уллылығын кѳресең», – деп саған айтқан жоқ па едим? – деди. 41 Солай етип, олар тасты алып қойды. Ийса кѳзлерин аспанға тигип, былай деди: – Єке! Мениң тилегимди еситкениң ушын, Саған миннетдаршылық билдиремен. 42 Мени ҳәмме ўақыт еситетуғыныңды билемен. Бирақ Мен буны усы жерде турған халық Мени Сениң жибергениңе исениўи ушын айттым. 43 Ийса усыларды айтып, бәлент даўыс пенен: – Лазар, сыртқа шық! – деп бақырды. 44 Сонда аяқ-қоллары кепинлик пенен оралған, бети орамал менен байланған ѳли тирилип, сыртқа шықты. Ийса оларға: – Оны шешиндирип жибериңлер, кете берсин, – деди. 45 Солай етип, Мәриямға келип, Ийсаның қылған ислерин кѳрген яҳудийлердиң кѳбиси Ийсаға исенди. 46 Бирақ айырымлары парисейлерге барып, Ийсаның қылған ислери ҳаққында айтып берди. 47 Сонда бас руўханийлер менен парисейлер жоқарғы кеңесте жыйналып: – Бизлер не қылыўымыз керек? Бул Адам кѳп кәраматлар ислемекте. 48 Егер Оны Ѳз еркине жиберсек, ҳәмме Оған исенип кетеди. Сонда римлилер келип, Ибадатханамызды да, елимизди де жоқ қылады, – деди. 49 Олардың бири, сол жылы бас руўханий болған Каяфа: – Сизлер ҳеш нәрсени билмейсизлер. 50 Пүткил халық набыт болғанынан гѳре, бир адамның халық ушын ѳлиўи сизлер ушын жақсырақ екенин түсинбейсизлер ме? – деди. 51 - 52 Ол бул сѳзлерди ѳзлигинен айтпаған еди. Сол жылы ол бас руўханий болғанлықтан, Ийсаның яҳудий халқы ушын, тек яҳудий халқы ушын ғана емес, ал Ќудайдың тарқалып кеткен балаларын жыйнап бирлестириў ушын ѳлетуғынын болжап айтқан еди. 53 Солай етип, сол күннен баслап олар Ийсаны ѳлтириўге тил бириктирди. 54 Сонлықтан Ийса енди яҳудийлер арасында ашық жүре алмайтуғын болды. Сонда Ол шѳлдиң жақынындағы Ефраим деген қалашаға кетип, шәкиртлери менен бирге сол жерде қалды. 55 Яҳудийлердиң Ќутқарылыў байрамы жақынлап қалған еди. Диний рәсим бойынша тазаланыў ушын, елдиң ҳәмме тәрепинен кѳп адамлар байрамнан бурын Ерусалимге келди. 56 Олар Ийсаны изледи ҳәм Ибадатханада турып: – Ќалай ойлайсызлар. Ол байрамға келер ме екен? – деп бир-биринен сорады. 57 Ал бас руўханийлер менен парисейлер Ийсаны услаў ушын, ким де ким Оның қай жерде екенин билсе, хабар бериўди буйырған еди.
1 Ќутқарылыў байрамынан алты күн алдын Ийса Бетанияға, Ѳзи ѳлимнен тирилткен Лазар жасайтуғын жерге келди. 2 Сол жерде Ийса ушын кешки зыяпат берилди. Марта хызмет етип жүрген еди. Ийса менен дастурхан әтирапында жамбаслап жатырғанлардың арасында Лазар да бар еди. 3 Сонда Мәриям ярым литр жүдә қымбатлы, сап әтир майын алып келип, Ийсаның аяқларына қуйды ҳәм Оның аяқларын шашлары менен сүртти. Үйдиң иши майдың хош ийисине толып кетти. 4 Сонда Ийсаның шәкиртлериниң бири, соңынан Оған сатқынлық ислейтуғын Яҳуда Исқариот: 5 – Не ушын бул май үш жүз динарға сатылып, ақшасы жарлыларға берилмеди? – деди. 6 Бул сѳзлерди ол жарлыларды ойлағаны ушын емес, ал уры болғаны ушын айтты. Орталықтағы пулдың қутысы онда болып, ол қутыға салынғанлардан ѳзине алатуғын еди. 7 Ийса: – Ҳаялды тынышына қой! Ол буны Мениң жерленетуғын күним ушын сақлап қойған. 8 Жарлылар ҳәмме ўақыт сизлер менен бирге, бирақ Мен сизлер менен ҳәмме ўақыт бирге болмайман, – деди. 9 Кѳплеген яҳудийлер Ийсаның Бетанияда екенин билип, сол жерге келди. Олар тек Ийса ушын емес, ал Ол ѳлимнен тирилткен Лазарды кѳриў ушын да келди. 10 Ал бас руўханийлер Лазарды да ѳлтириўге тил бириктирген еди. 11 Ѳйткени ол себепли, кѳп яҳудийлер олардан кетип қалып, Ийсаға исенетуғын еди. 12 Ертеңине Ерусалимдеги байрамға келген кѳп халық Ийсаның да сол жерге келетуғынын еситип қалды. 13 Олар хурма шақаларын алып, Ийсаны қарсы алыўға шықты ҳәм бәлент даўыс пенен былай деди: – Ҳосанна! «Ийемиздиң аты менен киятырған Израилдың Патшасы жарылқансын!» 14 - 15 Мухаддес Жазыўда: «Ќорқпа, Ерусалим халқы! Мине, гүрреге минип, сениң Патшаң киятыр», – деп жазылғандай, Ийса бир гүррени таўып, оған минди. 16 Оның шәкиртлери дәслеп буны түсинбеди. Бирақ Ийса уллылыққа ерискеннен соң, бул сѳзлердиң Ол ҳаққында жазылғанын ҳәм халықтың буларды Ол ушын ислегенин еслерине түсирди. 17 Ийсаның Лазарды қәбирден шақырып, оны ѳлимнен тирилткен ўақтында Ийса менен бирге болған халық кѳргенлерин айтып жүрди. 18 Сонлықтан Ийсаның бул кәраматты ислегенин еситкен кѳп адамлар Оны қарсы алыўға шықты. 19 Ал парисейлер бир-бирине: – Кѳрип турсызлар ма? Ќолыңыздан ҳеш нәрсе келмей атыр. Пүткил дүнья Оның изине ерип кетти! – деди. 20 Байрамда сыйыныў ушын Ерусалимге келгенлер арасында базы греклер де бар еди. 21 Олар Галиланың Бетсайда қаласынан болған Филипке келип: – Мырза, бизлер Ийсаны кѳриўди қәлеймиз, – деп ѳтиниш етти. 22 Филип барып, буны Андрейге айтты. Андрей менен Филип Ийсаға барып хабарлады. 23 Ийса оларға былай деп жуўап берди: – Адам Улының уллыланатуғын ўақты келди. 24 Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: бийдай дәни жерге түсип ѳлмесе, ол жалғыз қалады. Ал егер ѳлсе, кѳп зүрәәт береди. 25 Ѳз жанын сүйетуғын адам оны жойтады. Ал бул дүньяда ѳз жанын жек кѳретуғын адам оны мәңгилик ѳмир ушын сақлайды. 26 Ким де ким Маған хызмет етиўди қәлесе, изиме ерсин. Мен қай жерде болсам, Мениң хызметшим де сол жерде болады. Ким де ким Маған хызмет етсе, оны Єкем иззет етеди. 27 Енди жүрегим қайғыға толды. Мен не дейин? «Єке, Мени бул ўақыттан қутқар», – дейин бе? Бирақ Мен усы ўақыт ушын келгенмен. 28 Єке, Ѳз атыңды уллыла! Сонда аспаннан: – Атымды уллыладым, Мен оны және де уллылайман, – деген саза келди. 29 Сол жерде турып, буны еситкен халық: «Аспан гүркиреди», – деди. Ал басқалары: «Оған периште сѳйледи», – деди. 30 Ийса оларға жуўап берип: – Бул саза Мен ушын емес, ал сизлер ушын еситилди. 31 Ҳәзир бул дүньяның ҳүким етилетуғын ўақты келди. Ҳәзир бул дүньяның ҳәкими қуўып шығарылады. 32 Мен жерден жоқарыға кѳтерилгенимде, ҳәмме адамларды Ѳзиме тартаман, – деди. 33 Ийса буны қандай ѳлим менен ѳлетуғынын билдириў ушын айтты. 34 Халық Оған былай деп жуўап берди: – Бизлер Мухаддес Жазыўдан Масихтың мәңги жасайтуғынын еситкенбиз. Ќалай Сен: «Адам Улы жоқарыға кѳтерилиўи тийис», – деп атырсаң? Бул Адам Улы дегени ким? 35 Ийса былай деди: – Және аз ўақыт нур сизлер менен бирге болады. Сизлерди қараңғылық баспаўы ушын, нур бар ўақытта жүрип қалыңлар. Ќараңғылықта жүрген адам қаяққа баратырғанын билмейди. 36 Сизлерде нур бар ўақытта нурға исениңлер. Сонда нурдың балалары боласызлар. Ийса усы сѳзлерди айтып болып, олардың кѳзлеринен тасаланды. 37 Ийса олардың кѳз алдында сонша кәраматлар ислесе де, олар Ийсаға исенбеди. 38 Солай етип, Ийшая пайғамбардың айтқан мына сѳзлери орынланды: «Ийем, бизлер айтқан хабарға ким исенди? Ийемниң қүдирети кимге кѳринди?» 39 Сонлықтан олар исене алмады. Себеби Ийшая пайғамбар және былай деген еди: 40 «Ќудай олардың кѳзлерин соқыр етти ҳәм жүреклерин тас қылды. Кѳзлери менен кѳрмейди, Жүреклери менен түсинбейди. Мен оларға шыпа бериўим ушын, Маған қайтып келмейди». 41 Ийшая Ийсаның уллылығын кѳргенликтен, Ол ҳаққында сѳйлеп, усы сѳзлерди айтқан еди. 42 Соған қарамастан, басшылар арасында да кѳбиси Ийсаға исенди. Бирақ парисейлерден қорқып, мәжилисханадан қуўылмаўы ушын, исенимлерин ашық мойынламады. 43 Ѳйткени олар Ќудайдың мақтаўынан гѳре, адамның мақтаўын кѳбирек жақсы кѳрди. 44 Сонда Ийса бәлент даўыс пенен былай деди: – Маған исенген адам Мени Жиберген Ќудайға исенген болады. 45 Және де, Мени кѳрген адам Мени Жиберген Ќудайды кѳрген болады. 46 Маған исенген ҳәр бир адам қараңғылықта қалмаўы ушын, Мен дүньяға нур болып келдим. 47 Ким де ким Мениң сѳзлеримди еситсе де, бирақ оларды орынламаса, Мен оны ҳүким етпеймен. Себеби Мен дүньяны ҳүким етиў ушын емес, ал оны қутқарыў ушын келдим. 48 Мени тән алмай, сѳзлеримди қабылламаған адамның ҳүким етиўшиси бар. Мениң сѳйлеген сѳзим ақырғы күни оны ҳүким етеди. 49 Ѳйткени Мен Ѳзлигимнен сѳйлеген жоқпан. Ал Мени жиберген Єкемниң Ѳзи не айтыўымды ҳәм қалай сѳйлеўимди Маған буйырды. 50 Оның буйрығының мәңгилик ѳмир екенин билемен. Сонлықтан Мен не айтсам да, Єкемниң Маған айтқанын айтып атырман.
1 Ќутқарылыў байрамының алдыңғы күни Ийса Ѳзиниң бул дүньядан Єкесиниң жанына баратуғын ўақты келгенин билди. Ол бул дүньядағы Ѳзине тийисли адамларды сүйетуғын еди. Оларды ақырына дейин сүйди. 2 Ийса шәкиртлери менен кешки аўқатқа отырды. Шайтан әлле қашан Симон улы Яҳуда Исқариоттың кеўлине Ийсаға сатқынлық қылыў нийетин салған еди. 3 Ийса Єкесиниң ҳәмме нәрсени Оның қолына бергенин, Ѳзиниң Ќудайдан келгенин ҳәм Ќудайға қайтып баратырғанын билип, 4 дастурхан басынан турды. Сыртқы кийимин шешти де, бир сүлгини алып белине байлады. 5 Соңынан ләгенге суў қуйып, шәкиртлериниң аяқларын жуўып, белиндеги сүлги менен сүрте баслады. 6 Ийса Симон Петрдиң қасына келгенде, Петр Оған: – Ийем, мениң аяқларымды Сен жуўажақсаң ба? – деди. 7 Ийса оған жуўап берип: – Мениң не ислеп атырғанымды сен ҳәзир түсинбейсең. Бирақ соңынан түсинип аласаң, – деди. 8 – Мениң аяқларымды Сен ҳеш қашан жуўмайсаң! – деди ол. – Егер Мен сениң аяқларыңды жуўмасам, Мениң менен қатнаста болмайсаң, – деди Ийса. 9 Симон Петр Ийсаға: – Ийем, онда тек аяқларымды емес, қолларымды да, басымды да жуўа гѳр! – деди. 10 Ийса оған: – Шомылған адам пүткиллей таза. Оның тек аяқларын ғана жуўыў керек. Сизлер де тазасызлар, бирақ ҳәммеңиз емес, – деди. 11 Ийса Ѳзине кимниң сатқынлық қылатуғынын билетуғын еди. Сонлықтан: «Бирақ ҳәммеңиз емес» деген еди. 12 Шәкиртлериниң аяқларын жуўып болғаннан соң, Ийса кийимлерин кийип, жамбаслап жатты да, оларға былай деди: – Мениң сизлерге не ислегенимди түсинесизлер ме? 13 Сизлер Мени Устаз ҳәм Ийем деп атайсызлар. Дурыс айтасызлар, себеби Мен Солман. 14 Мен сизлердиң Ийеңиз ҳәм Устазыңыз бола тура, аяқларыңызды жуўған болсам, сизлер де бир-бириңиздиң аяқларыңызды жуўыўыңыз тийис. 15 Мен сизлерге не ислеген болсам, сизлер де соны ислеўиңиз ушын, Мен сизлерге ѳрнек кѳрсеттим. 16 Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: хызметши хожасынан уллы емес. Елши де ѳзин жибергеннен уллы емес. 17 Егер сизлер буларды билип орынласаңыз, бахытлы боласызлар! 18 – Мен ҳәммеңиз туўралы айтып атырған жоқпан. Мен Ѳзимниң таңлап алғанларымды билемен. Бирақ Мухаддес Жазыўдағы: «Мениң нанымды жеген Маған қарсы қол кѳтерди», – деген сѳзлер орынланыўы керек. 19 Бул жүз бергенде, Мениң Сол екениме исениўиңиз ушын, Мен сизлерге ҳәзир, бул болмастан бурын айтып атырман. 20 Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: ким де ким Мен жиберген адамды қабыл алса, Оның Мени қабыл алғаны болады. Ким де ким Мени қабыл алса, Оның Мени Жибергенди қабыл алғаны болады. 21 Ийса буларды айтқаннан соң, руўхый қыйналып, ашық сѳйлеп былай деди: – Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: араңыздағы бириңиз Маған сатқынлық ислейди. 22 Шәкиртлери Оның кимди нәзерде тутып атырғанын түсинбей, бир-бирине қарасты. 23 Шәкиртлер арасында бири Оның кѳкирегине сүйенип жатырған еди. Ийса оны сүйетуғын еди. 24 Симон Петр сол шәкиртке: «Ол ким туўралы айтып атыр, сора», – деп ымлады. 25 Ийсаның кѳкирегине сүйенип жатырған сол шәкирт Оннан: – Ийем, ол ким? – деп сорады. 26 Ийса жуўап берип: – Мен мына бир бѳлек нанды малып, кимге берсем, ол – сол, – деди де, бир бѳлек нанды малып, Симон улы Яҳуда Исқариотқа берди. 27 Яҳуда нанды алыўдан-ақ, оның ишине шайтан кирди. Ийса оған: – Ќылажақ исиңди тезирек қыл, – деди. 28 Дастурхан әтирапында отырғанлардың ҳеш қайсысы Ийсаның бул сѳзлерди Яҳудаға не ушын айтқанын түсинбеди. 29 Ақша қутысы Яҳудада болғанлықтан, Ийса оған: «Байрам ушын бизлерге керекли затларды сатып ал» ямаса «Жарлыларға бир нәрсе бер», – деп атырған шығар, деп ойлады гейбиреўлери. 30 Ал Яҳуда бир бѳлек нанды алыўдан-ақ, сыртқа шығып кетти. Түн болған еди. 31 Яҳуда сыртқа шығып кеткеннен соң, Ийса былай деди: – Ҳәзир Адам Улы уллыланды. Ол арқалы Ќудай да уллыланды. 32 Ќудай Ол арқалы уллыланғанлықтан, Ќудайдың Ѳзи де Оны уллылайды. Оны тез арада уллылайды. 33 Балаларым! Енди Мен сизлер менен бирге узақ ўақыт болмайман. Мени излейсизлер, бирақ яҳудий басшыларына айтқанымдай, сизлерге де айтатуғыным: Мен баратуғын жерге сизлер бара алмайсызлар. 34 Сизлерге жаңа буйрық берип атырман: бир-бириңизди сүйиңлер! Мениң сизлерди сүйгеним сыяқлы, сизлер де бир-бириңизди сүйиңлер. 35 Егер бир-бириңизди сүйсеңлер, сизлердиң Мениң шәкиртлерим екениңизди ҳәмме усы арқалы билип алады. 36 Симон Петр Ийсаға: – Ийем, Сен қаяққа баратырсаң? – деди. Ийса: – Мен баратуғын жерге сен ҳәзир изимнен ерип бара алмайсаң. Бирақ соңынан изимнен келесең, – деп жуўап берди. 37 Петр Оған: – Ийем, не ушын Сениң изиңнен ҳәзир бара алмайман? Мен Сен ушын жанымды беремен! – деди. 38 Ийса оған былай деп жуўап берди: – Мен ушын жаныңды бермекшимисең? Саған шынын, ҳақыйқатын айтаман: қораз шақырмастан бурын сен Меннен үш рет танасаң.
1 Ийса шәкиртлерине былай деди: – Жүреклериңиз ғам шекпесин. Ќудайға исениңлер, Маған да исениңлер. 2 Єкемниң үйинде орын кѳп. Егер олай болмағанда, сизлерге айтпас едим. Ѳйткени Мен сизлер ушын орын таярлаўға кетип баратырман. 3 Мен барып, сизлер ушын орын таярлағанымнан соң, сизлер де Мен болатуғын жерде болыўыңыз ушын, және келип, сизлерди Ѳз жаныма алып кетемен. 4 Мен баратуғын жерге апаратуғын жолды сизлер билесизлер. 5 Томас Ийсаға: – Ийем, Сениң қаяққа баратуғыныңды билмеймиз-ғо. Жолды қалай биле аламыз? – деди. 6 Ийса оған былай деди: – Мен жол, ҳақыйқат ҳәм ѳмирмен. Мен арқалы болмаса, ҳеш ким Єкеге бара алмайды. 7 Егер Мени билсеңлер, Єкемди де билесизлер. Ҳәзирден баслап Оны билесизлер ҳәм Оны кѳрдиңлер. 8 Филип Ийсаға: – Ийем, бизлерге Єкени кѳрсет, бизлерге соның ѳзи жеткиликли, – деди. 9 Ийса оған былай деди: – Филип, Мен сонша ўақыттан бери сизлер менен бирге болсам да, Мени еле билмейсең бе? Мени кѳрген Єкени кѳрген болады-ғо. Сен не ушын: «Бизлерге Єкени кѳрсет», – деп айтып атырсаң? 10 Мениң Єкеде, Єкениң Менде екенине исенбейсең бе? Сизлерге айтқан сѳзлеримди Ѳзлигимнен айтып турған жоқпан, ал Менде жасап атырған Єке Ѳз ислерин ислеп атыр. 11 Мениң Єкеде, Єкениң Менде екенине исениңлер. Ҳеш болмаса, ислеген ислерим арқалы Маған исениңлер. 12 Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: Маған исенген адамның ѳзи де Мен ислеген ислерди ислейди, ҳәтте, олардан да үлкенирек ислерди ислейди. Себеби Мен Єкеме баратырман. 13 Єке Улы арқалы уллыланыўы ушын, Мениң атым менен не сорасаңлар да, ҳәммесин орынлайман. 14 Мениң атым менен бир нәрсе сорасаңлар, Мен оны орынлайман. 15 – Егер Мени сүйсеңлер, Мениң буйрықларымды орынлайсызлар. 16 Мен Єкемнен сорайман ҳәм Ол сизлер менен мәңги бирге болыўы ушын басқа Жубатыўшыны жибереди. 17 Ол – Ҳақыйқат Руўхы. Дүнья Оны қабыл ете алмайды. Ѳйткени Оны кѳрмейди де, танымайды да. Бирақ сизлер Оны билесизлер. Себеби Ол сизлер менен бирге жасайды, Ол ишиңизде болады. 18 Сизлерди жетим қылып қалдырмайман, сизлерге қайтып келемен. 19 Бираздан кейин, дүнья Мени қайтып кѳрмейди. Бирақ сизлер Мени кѳресизлер. Ѳйткени Мен қайта тирилемен, сизлер де қайта тирилесизлер. 20 Сол күни сизлер Мениң Єкемде, сизлердиң Менде ҳәм Мениң сизлерде екенимди билесизлер. 21 Мениң буйрықларымды билип, оларды орынлаған адам – Мени сүйетуғын адам. Мени сүйген адамды Єкем де сүйеди. Мен де оны сүйип, оған Ѳзимди кѳрсетемен. 22 Исқариотлы емес басқа Яҳуда Ийсаға: – Ийем, бул қалай болғаны, Ѳзиңди дүньяға емес, бизлерге кѳрсетежақсаң ба? – деди. 23 Ийса оған былай деп жуўап берди: – Ким де ким Мени сүйсе, Мениң сѳзимди орынлайды. Єкем де оны сүйеди. Бизлер оған келип, оның менен бирге жасаймыз. 24 Мени сүймеген адам сѳзлеримди орынламайды. Сизлер еситип атырған сѳзлер Меники емес, ал Мени жиберген Єкемдики. 25 Мен еле сизлер менен бирге болған ўақтымда сизлерге буларды айттым. 26 Єкемниң Мениң атымнан жиберетуғын Жубатыўшысы, Мухаддес Руўх сизлерге ҳәммесин үйретеди. Ол Мениң сизлерге айтқанларымның ҳәммесин еслериңизге түсиреди. 27 Мен сизлерге тынышлық қалдыраман. Ѳз тынышлығымды сизлерге беремен. Мен беретуғын тынышлық дүнья беретуғын тынышлыққа уқсамайды. Жүреклериңиз ғам шекпесин, қорқпаңлар. 28 Сизлер Мениң: «Сизлерден кетемен ҳәм және сизлерге қайтып келемен», – дегенимди еситтиңлер. Егер сизлер Мени сүйгениңизде: «Єкемниң жанына баратырман», – дегениме қуўанар едиңлер. Себеби Єкем Меннен уллы. 29 Булар жүз бергенде исениўиңиз ушын, еле жүз берместен бурын, сизлерге ҳәзирден айттым. 30 Сизлер менен енди кѳп сѳйлеспеймен. Ѳйткени бул дүньяның ҳәкими киятыр. Оның Мениң үстимнен ҳеш қандай бийлиги жоқ. 31 Бирақ бул дүнья Мениң Єкемди сүйетуғынымды ҳәм Оның Маған буйырғанларының ҳәммесин орынлайтуғынымды билиўи тийис. Ќәне турыңлар, бул жерден кетейик.
1 – Мен – ҳақыйқый жүзим ағашыман, ал Єкем бағман. 2 Мендеги жемис бермейтуғын ҳәр бир шақаны Ол кесип таслайды. Жемис беретуғын ҳәр бир шақаны және де кѳбирек жемис берсин деп, путап тазалайды. 3 Мениң сизлерге айтқан сѳзлерим арқалы сизлер әлле қашан тазасызлар. 4 Менде болыңлар, Мен де сизлерде боламан. Ағашта болмаған шақа ѳз-ѳзинен жемис бере алмағаны сыяқлы, сизлер де Менде болмасаңлар, жемис бере алмайсызлар. 5 Мен – жүзим ағашыман, сизлер – шақаларсыз. Ким Менде болып, Мен онда болсам, ол кѳп жемис береди. Себеби Менсиз ҳеш нәрсе ислей алмайсызлар. 6 Ким де ким Менде болмаса, шақа сыяқлы сыртқа тасланып, қуўрап қалады. Бундай шақалар жыйналып, отқа тасланып жандырылады. 7 Егер сизлер Менде болып, Мениң сѳзлерим сизлерде болса, қәлегениңизди сораңлар, сизлерге бериледи. 8 Сизлер кѳп жемис берсеңлер, Єкем уллыланады. Сонда Мениң шәкиртлерим боласызлар. 9 Єкениң Мени сүйгени сыяқлы, Мен де сизлерди сүйдим. Мениң сүйиспеншилигиме садық болыңлар. 10 Мен Єкемниң буйрықларын орынлап, Оның сүйиспеншилигине садық болғанымдай, сизлер де егер Мениң буйрықларымды орынласаңлар, Мениң сүйиспеншилигиме садық боласызлар. 11 Буларды сизлерге Мениң қуўанышым сизлерде болыўы ушын ҳәм қуўанышыңыз толы болыўы ушын айттым. 12 Мениң буйрығым бул: Мен сизлерди қалай сүйген болсам, сизлер де бир-бириңизди солай сүйиңлер. 13 Дослары ушын ѳз жанын берген адамның сүйиспеншилигинен артық сүйиспеншилик жоқ. 14 Егер сизлер буйырғанларымды орынласаңлар, Мениң досларым боласызлар. 15 Буннан былай, сизлерди «қул» деп атамайман. Ѳйткени қул хожайынының не ислейтуғынын билмейди. Сизлерди «досларым» деп атайман. Себеби Єкемнен еситкенлеримниң ҳәммесин сизлерге билдирдим. 16 Сизлер Мени емес, Мен сизлерди таңладым. Барып жемис берсин ҳәм жемиси турақлы болсын деп, сизлерди тайынладым. Солай етип, Мениң атым менен Єкеден не сорасаңлар да, Ол сизлерге береди. 17 Сизлерге буйрығым сол: бир-бириңизди сүйиңлер! 18 – Егер дүнья сизлерди жек кѳрсе, сизлерден алдын оның Мени жек кѳргенин билиңлер. 19 Сизлер бул дүньяники болғаныңызда, дүнья ѳзине тийислилерди сүйер еди. Бирақ, сизлер бул дүньяники емессизлер: ѳйткени Мен сизлерди дүньядан таңлап алдым. Сонлықтан дүнья сизлерди жек кѳреди. 20 Мениң: «Хызметши хожасынан уллы емес», – деген сѳзлеримди еслериңизге түсириңлер. Егер адамлар Мени қуўдаласа, сизлерди де қуўдалайды. Егер Мениң сѳзимди тыңласа, сизлердиң сѳзлериңизди де тыңлайды. 21 Бул ислердиң ҳәммесин сизлерге Мениң атым себепли ислейди. Себеби олар Мени Жибергенди билмейди. 22 Егер Мен келмегенимде ҳәм оларға айтпағанымда, олардың гүналары болмас еди. Бирақ енди гүналарына кеширим жоқ. 23 Мени жек кѳрген адам Мениң Єкемди де жек кѳрген болады. 24 Егер Мен олар арасында ҳеш ким ислемеген ислерди ислемегенимде, оларда гүна болмас еди. Енди болса, олар ислеримди кѳрсе де, Мени де, Єкемди де жек кѳрди. 25 Бирақ бул олардың Мухаддес Нызамындағы: «Мени бийкарға жек кѳрди», – деген сѳзлердиң орынланыўы ушын болды. 26 Єкемнен сизлерге Мен жиберетуғын Жубатыўшы, яғный Єкемнен шығатуғын Ҳақыйқат Руўхы келгенде, Ол Мен туўралы гүўалық береди. 27 Сизлер де гүўалық бересизлер. Ѳйткени әўелден-ақ Мениң менен биргесизлер.
1 – Мен буларды сизлерге исенимнен қайтпаўыңыз ушын айттым. 2 Сизлерди мәжилисханадан қуўып жибереди. Ҳәтте, сизлерди ѳлтирип атырған ҳәр бир адам буның менен Ќудайға хызмет етип атырман, деп ойлайтуғын ўақыт келеди. 3 Буларды Єкемди де, Мени де билмегенликтен ислейди. 4 Сол ўақыт келгенде буларды сизлерге айтқанымды еске түсириўиңиз ушын сизлерге билдирген едим. Єўелден сизлерге буларды айтқан жоқпан, себеби Мен сизлер менен бирге едим. 5 – Енди болса, Мени Жибергенниң жанына баратырман. Деген менен, араңызда ҳеш ким Меннен: «Ќаяққа баратырсаң?» – деп сорап атырған жоқ. 6 Бирақ сизлерге буларды айтқаным ушын, жүрегиңиз қайғыға толды. 7 Соған қарамастан, Мен сизлерге ҳақыйқатын айтаман: Мениң кеткеним сизлер ушын жақсырақ. Егер Мен кетпесем, сизлерге Жубатыўшы келмейди. Егер кетсем, Оны сизлерге жиберемен. 8 Ол келгенде, гүна ҳаққында, ҳақлық ҳаққында ҳәм ҳүким ҳаққында дүньяның алжасқанын әшкаралайды. 9 Гүна соннан ибарат: адамлар Маған исенбейди. 10 Ҳақлық соннан ибарат: Мен Єкемниң жанына кетип баратырман ҳәм енди қайтып Мени кѳрмейсизлер. 11 Ҳүким соннан ибарат: бул дүньяның ҳәкими ҳүким етилди. 12 Сизлерге және де айтатуғынларым кѳп, бирақ ҳәзир сизлер кѳтере алмайсызлар. 13 Бирақ Ол, яғный Ҳақыйқат Руўхы келгенде, сизлерди толық ҳақыйқатқа қарай жетелейди. Ол Ѳзлигинен сѳйлемейди, тек нени еситсе, соны сѳйлейди ҳәм келешекте не болатуғынын сизлерге билдиреди. 14 Ол Мени уллылайды. Ѳйткени Ол Меникинен алып, сизлерге билдиреди. 15 Єкемде не бар болса, ҳәммеси Меники. Сонлықтан: «Ол Меникинен алып, сизлерге билдиреди», – деген едим. 16 Бираздан соң, сизлер Мени қайтып кѳрмейсизлер. Және бираздан соң, Мени кѳресизлер. 17 Сонда шәкиртлердиң гейбиреўлери бир-бирине: – «Бираздан соң, сизлер Мени кѳрмейсизлер, және бираздан соң, Мени кѳресизлер» ҳәм «Себеби Єкеме кетип баратырман», – деп айтып, Ол бизлерге не демекши? 18 «Бираздан соң» дегени не? Не айтқанына түсинбей атырмыз-ғо, – деди. 19 Ийса олардың Ѳзине бир сораў бермекши болғанын билип, оларға былай деди: – «Бираздан соң, Мени кѳрмейсизлер, және бираздан соң, Мени кѳресизлер», – дегеним ҳаққында бир-бириңизден сорап турсызлар ма? 20 Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: сизлер жылап, аза тутасызлар, ал дүнья қуўанады. Сизлер қайғырасызлар, бирақ қайғыңыз қуўанышқа айланады. 21 Ҳаял бала туўғанда азап шегеди, ѳйткени оның ўақты келди. Бирақ баласын туўғаннан соң, дүньяға адам келгенликтен қуўанып, шеккен азабын умытып кетеди. 22 Сол сыяқлы, сизлер де ҳәзир қайғырып атырсызлар. Бирақ Мен сизлерди және кѳремен ҳәм жүрегиңиз қуўанышқа толады. Бул қуўанышты сизлерден ҳеш ким тартып ала алмайды. 23 Сол күни Меннен ҳеш нәрсе сорамайсызлар. Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: Мениң атым менен Єкемнен не сорасаңлар да сизлерге береди. 24 Ҳәзирге дейин сизлер Мениң атым менен ҳеш нәрсе сорамадыңлар. Сораңлар, аласызлар, сонда қуўанышыңыз толы болады. 25 Сизлерге буларды тымсаллар менен айттым. Бирақ Мен сизлерге тымсаллар менен сѳйлемейтуғын ўақыт келеди, сонда Єкем ҳаққында сизлерге ашықтан-ашық айтаман. 26 Сол күни Мениң атым менен Єкемнен сорайсызлар. Сизлер ушын Єкемнен Мен сорайман, деп атырғаным жоқ. 27 Єкемниң Ѳзи сизлерди сүйеди, себеби сизлер Мени сүйип, Мениң Єкемнен келгениме исендиңлер. 28 Мен Єкемнен шығып, дүньяға келдим. Енди дүньяны қалдырып, Єкеме қайтып баратырман. 29 Шәкиртлери Ийсаға: – Мине, енди ашық айтып турсаң, ҳеш тымсал қолланып атырған жоқсаң. 30 Сениң ҳәмме нәрсени билетуғыныңды енди билемиз. Ҳеш кимниң Саған сораў бериўиниң ҳәжети жоқ. Сол себепли, Сениң Ќудайдан келгениңе исенемиз, – деди. 31 Ийса оларға жуўап берип былай деди: – Енди исенесизлер ме? 32 Мине, ҳәммеңиз үйлериңизге тарқап кетип, Мени жалғыз қалдыратуғын ўақтыңыз келеди, ол келип қалды да. Бирақ Мен жалғыз емеспен, ѳйткени Єкем Мениң менен бирге. 33 Буларды сизлерге Менде болып, тынышлық алыўыңыз ушын айттым. Бул дүньяда қыйыншылық кѳресизлер, бирақ мәрт болыңлар, Мен дүньяны жеңдим!
1 Ийса бул сѳзлерди айтып болғаннан соң, кѳзлерин аспанға тигип былай деди: – Єке, ўақыт келди. Улың Сени уллылаўы ушын, Сен де Улыңды уллыла. 2 Себеби Сениң Оған берген адамларыңның ҳәммесине Ол мәңгилик ѳмир берсин деп, Сен Оған пүткил адамзат үстинен бийлик бердиң. 3 Мәңгилик ѳмир – бул Сени, жалғыз ҳақ Ќудайды ҳәм Сен жиберген Ийса Масихты билиў. 4 Сениң Маған тапсырған исиңди тамамлағаным менен, Сени жер жүзинде уллыладым. 5 Єке, дүнья жаратылмастан бурын Сениң менен бирге болғанымда, Менде болған уллылық пенен ҳәзир Мени Ѳзиңниң алдыңда уллыла. 6 – Сениң Маған дүньядан берген адамларыңа Сени ашып бердим. Олар Сеники еди, Сен оларды Маған бердиң ҳәм олар Сениң сѳзлериңди орынлады. 7 Сениң Маған бергенлериңниң ҳәммеси Сеннен екенин олар енди билип алды. 8 Ѳйткени Маған берген сѳзлериңди оларға тапсырдым, олар қабыл етти. Олар Мениң Сеннен келгенимди ҳақыйқаттан билди ҳәм Мени Сениң жибергениңе исенди. 9 Олар ушын сорайман: дүнья ушын емес, Маған берген адамларың ушын сорайман. Себеби олар Сеники. 10 Меникиниң ҳәммеси – Сеники ҳәм Сеникиниң ҳәммеси – Меники. Мен олар арқалы уллыландым. 11 Мен енди бул дүньяда емеспен, бирақ олар бул дүньяда. Мен Саған баратырман, Мухаддес Єке, Маған берген Ѳз атыңның күши менен оларды сақла, олар да Биз сыяқлы бир болсын. 12 Мен олар менен бирге болғанымда, Сениң Маған берген атыңның күши менен оларды қорғап сақладым. Набыт болыўға тийисли адамнан басқа олардан ҳеш бири набыт болмады. Солай етип, Мухаддес Жазыў орынланды. 13 Енди Мен Саған баратырман. Мениң қуўанышым оларда толы болыўы ушын, бул сѳзлерди дүньяда болған ўақтымда айтып атырман. 14 Мен оларға Сениң сѳзиңди тапсырдым, дүнья болса оларды жек кѳрди. Ѳйткени Мениң дүньяға тийисли болмағаным сыяқлы, олар да дүньяға тийисли емес. 15 Оларды дүньядан алыўыңды емес, жаўызлықтан, шайтаннан сақлаўыңды сорайман. 16 Мениң дүньяға тийисли болмағаным сыяқлы, олар да дүньяға тийисли емес. 17 Оларды ҳақыйқат пенен мухаддес қыл. Сениң сѳзиң – ҳақыйқат. 18 Сениң Мени дүньяға жибергениң сыяқлы, Мен де оларды дүньяға жибердим. 19 Олар да ҳақыйқат пенен мухаддес болыўлары ушын, Мен Ѳзимди олар ушын бағышлайман. 20 – Мен тек олар ушын емес, ал олардың сѳзлери арқалы Маған исенетуғынлар ушын да сорайман: 21 олардың ҳәммеси бир болсын. Єке, Мени Сениң жибергениңе дүнья исениўи ушын, Сениң Менде ҳәм Мениң Сенде болғаным сыяқлы, олар да Бизде болсын. 22 Биз бир болғанымыз сыяқлы, олар да бир болыўы ушын, Сениң Маған берген уллылығыңды оларға бердим. 23 Мен оларда, Сен Мендесең. Мени Сениң жибергениңди ҳәм Сениң Мени сүйетуғының сыяқлы, оларды да сүйетуғыныңды дүнья билиўи ушын, олар да бир тутас болсын. 24 Єке! Сениң Маған берген адамларың Мен болатуғын жерде Мениң менен бирге болып, Сен Мени дүнья жаратылмастан бурын сүйгенликтен, Сениң Маған берген уллылығыңды олардың да кѳриўин қәлеймен. 25 Єдил Єке! Дүнья Сени билмейди, бирақ Мен Сени билемен. Булар да Мени Сениң жибергениңди биледи. 26 Маған деген сүйиспеншилигиң оларда болыўы ушын ҳәм Мен де оларда болыўым ушын, Сениң атыңды оларға билдирдим ҳәм билдириўди даўам етемен.
1 Ийса дуўа етип болғаннан соң, шәкиртлери менен бирге Кидрон сайының арғы жағасына ѳтти. Ол жерде бир бағ бар еди. Ийса шәкиртлери менен сол бағқа кирди. 2 Оған сатқынлық қылған Яҳуда да бул жерди билетуғын еди. Себеби Ийса шәкиртлери менен ол жерде тез-тез ушырасып туратуғын еди. 3 Солай етип, Яҳуда жанына бир топар Рим әскерлери менен бас руўханийлер ҳәм парисейлер жиберген сақшыларды алып, сол жерге келди. Олардың қолларында паныс, шом ҳәм қураллар бар еди. 4 Ийса Ѳзине болажақ ҳәмме нәрсени билгенликтен, алдына шығып, олардан: – Кимди излеп жүрсизлер? – деп сорады. 5 – Насыралы Ийсаны, – деп жуўап берди олар. – Мен – Солман, – деди Ийса. Ийсаның сатқыны Яҳуда да олар менен бирге турған еди. 6 Ийса: «Мен – Солман» деўи менен, олар артқа шегинип, жерге жығылды. 7 Сонда Ийса олардан және: – Кимди излеп жүрсизлер? – деп сорады. – Насыралы Ийсаны, – дести олар. 8 Ийса жуўап берип: – Сизлерге айттым-ғо, Мен – Солман. Егер Мени излеп жүрген болсаңлар, бул адамларды жибериңлер, кетсин, – деди. 9 Бул Оның: «Сениң Маған бергенлериңниң ҳеш бирин жойтпадым», – деп бурын Ѳзи айтқан сѳзлериниң орынланыўы ушын болды. 10 Сонда Симон Петр жанындағы қылышын суўырып алып, бас руўханийдиң қулының оң қулағын шаўып таслады. Ќулдың аты Малкус еди. 11 Ийса Петрге: – Ќылышыңды қынабына салып қой! Єкемниң Маған берген азап кесесинен ишпейин бе? – деди. 12 Соңынан әскерлер топары менен олардың басшысы ҳәм яҳудийлердиң сақшылары Ийсаны услап байлады. 13 Оны дәслеп Ханнаға алып барды. Ханна сол жылы бас руўханий болған Каяфаның қәйин атасы еди. 14 Яҳудий басшыларына: «Халық ушын бир адамның ѳлиўи жақсырақ», – деп кеңес берген усы Каяфа еди. 15 Симон Петр менен және басқа шәкирти Ийсаның изине ерип барды. Бул шәкирт бас руўханийге таныс болғанлықтан, Ийса менен бирге бас руўханийдиң ҳәўлисине кирди. 16 Ал Петр сыртта, қапының алдында қалды. Бас руўханийдиң танысы болған сол шәкирт сыртқа шығып, қапыны қараўыллаған шоры қыз бенен сѳйлести де, Петрди ишке алып кирди. 17 Ќапыны қараўыллаған шоры қыз Петрден: – Сен де бул Адамның шәкиртлеринен емессең бе? – деп сорады. – Яқ, – деп жуўап берди ол. 18 Күн суўық болғанлықтан, хызметшилер менен сақшылар кѳмир жағып, жылынып турды. Петр де олар менен бирге турып жылынды. 19 Бас руўханий Ийсадан Оның шәкиртлери ҳәм тәлийматы ҳаққында сорады. 20 Ийса оған былай деп жуўап берди: – Мен дүньяға ашық сѳйледим. Ҳәмме ўақытта яҳудийлер жыйналатуғын мәжилисханаларда ҳәм Ибадатханада үйреттим. Жасырын ҳеш нәрсе айтпадым. 21 Неге Меннен сорап атырсаң? Сѳйлегенлеримди еситкенлерден сора. Олар не айтқанымды биледи. 22 Ийса усыларды айтқанда, Оған жақын турған сақшылардың бири: – Бас руўханийге де усылай жуўап бериўге бола ма? – деп Оның бетине урып жиберди. 23 Ийса оған: – Егер Мен надурыс сѳйлеген болсам, надурыслығымды дәлилле. Бирақ дурыс сѳйлеген болсам, неге Мени урасаң? – деди. 24 Ханна Ийсаны байлаўлы ҳалында бас руўханий Каяфаға жиберди. 25 Симон Петр еле отқа жылынып тур еди. – Сен де Оның шәкиртлеринен емессең бе? – деп сорады олар. Бирақ ол танып: – Яқ, – деди. 26 Бас руўханийдиң қулларының бири, Петр қулағын шапқан адамның ағайини Петрден: – Сени бағда Оның менен бирге кѳрген жоқпан ба? – деп сорады. 27 Петр және танды. Сол ўақытта-ақ қораз шақырды. 28 Таң азанда яҳудий басшылары Ийсаны Каяфаның алдынан Рим ҳәкимханасына алып барды. Олар Ќутқарылыў байрамының асын ҳарамланбай жеў ушын ҳәкимханаға кирмеди. 29 Сол себептен Пилат сыртқа шығып, олардан: – Бул Адамды не нәрседе айыплап атырсызлар? – деп сорады. 30 Олар жуўап берип: – Егер бул Адам жынаятшы болмағанда, Оны сениң алдыңа алып келмес едик, – деди. 31 Пилат оларға: – Оны ѳзлериңиз алып кетип, ѳз нызамыңыз бойынша ҳүким етиңлер, – деди. Яҳудий басшылары: – Бизлерге ҳеш кимди ѳлтириўге рухсат етилмеген, – деди. 32 Ийсаның Ѳзиниң қандай ѳлим менен ѳлетуғыны ҳаққында айтқан сѳзлериниң орынланыўы ушын усылай болды. 33 Сонда Пилат және ҳәкимханаға кирди ҳәм Ийсаны ѳзине шақыртып: – Сен Яҳудийлердиң Патшасымысаң? – деп сорады. 34 Ийса былай деп жуўап берди: – Буны ѳзиң айтып турсаң ба ямаса Мен туўралы саған басқалар айтты ма? 35 Пилат: – Мен не яҳудиймен бе? Сени маған Ѳз халқың менен бас руўханийлериң тапсырды. Сен не ислеп қойдың? – деди. 36 Ийса жуўап берип: – Мениң Патшалығым бул дүньяда емес. Егер Патшалығым бул дүньяда болғанда, яҳудий басшыларының қолына тапсырылмаўым ушын, хызметшилерим гүресер еди. Бирақ Мениң Патшалығым бул жерде емес, – деди. 37 – Демек, Сен Патша екенсең-дә? – деди Пилат. Ийса жуўап берип: – Ѳзиң айтқандай, Мен Патшаман. Мен ҳақыйқат ҳаққында гүўалық бериў ушын туўылдым ҳәм соның ушын дүньяға келдим. Ким ҳақыйқат тәрепинде болса, Мениң даўысымды еситеди, – деди. 38 Пилат Ийсаға: – Ҳақыйқат деген не? – деди. Буны айтып болғаннан соң, Пилат және яҳудийлердиң жанына шығып, оларға: – Мен Оннан ҳеш айып таба алмай атырман. 39 Бирақ сизлерде бар бир әдет бойынша, мен ҳәр Ќутқарылыў байрамында сизлер ушын бир тутқынды босатып беретуғын едим. Сизлер ушын яҳудийлердиң Патшасын босатып бериўимди қәлейсизлер ме? – деди. 40 Бирақ олар және: – Яқ, Оны емес, Барабаны босат! – деп бақырысты. Ал Бараба қозғалаңшы еди.
1 Сонда Пилат Ийсаны услап, қамшылаўды буйырды. 2 Єскерлер тикенли шыбықлардан таж ѳрип, Ийсаның басына салды. Соңынан Оған шым қызыл шапан кийгизди. 3 Алдына келип: – Жасасын, Яҳудийлердиң Патшасы! – деп жүзине шапалақ пенен урды. 4 Пилат және сыртқа шығып, яҳудийлерге: – Мине, мениң Оннан ҳеш бир айып таппағанымды сизлерди билсин деп, Оны сизлердиң алдыңызға шығарып атырман, – деди. 5 Сонда басында тикенли тажы, үстинде шым қызыл шапаны бар Ийса сыртқа шықты. Пилат оларға: – Мине, бул Адам! – деди. 6 Бас руўханийлер менен олардың сақшылары Ийсаны кѳргенде: – Оны атанақ ағашқа шегеле, шегеле! – деп бақырысты. Пилат оларға: – Оны сизлер алып кетип, атанақ ағашқа шегелеңлер. Ѳйткени мен Оннан ҳеш қандай айып таппай атырман, – деди. 7 Яҳудий басшылары оған жуўап берип: – Бизлерде нызам бар ҳәм сол нызам бойынша, Ол ѳлиўи шәрт. Себеби Ол Ѳзин Ќудайдың Улы деп атады, – деди. 8 Пилат бул сѳзлерди еситкенде, бурынғыдан бетер қорқып кетти. 9 Ќайтадан ҳәкимханаға кирип, Ийсадан: – Сен қай жерденсең? – деп сорады. Бирақ Ийса оған жуўап бермеди. 10 Пилат Оған: – Мениң менен сѳйлеспейжақсаң ба? Сени азат қылыўға да, атанақ ағашқа шегелетиўге де бийлигим бар екенин билмейсең бе? – деди. 11 Ийса жуўап берип: – Саған Ќудайдан берилмегенде, сенде Мениң үстимнен ҳеш қандай бийлик болмас еди. Сонлықтан Мени саған услап бергенниң гүнасы сениң гүнаңнан аўырырақ, – деди. 12 Сол ўақыттан баслап, Пилат Ийсаны азат етиўге тырысты. Бирақ яҳудий басшылары: – Бул Адамды азат қылсаң, Рим патшасы-Ќайсардың досты емессең. Ѳзин патша деп атайтуғын ҳәр бир адам Ќайсарға қарсы болады, – деп бақырысты. 13 Пилат бул сѳзлерди еситкенде, Ийсаны сыртқа шығарды ҳәм «Тас майданша», еврейше Габбата деп аталған жердеги ҳүким гүрсисине отырды. 14 Таярлық күни, Ќутқарылыў байрамынан бир күн бурын саат он екилер шамасында Пилат яҳудийлерге: – Мине, сизлердиң Патшаңыз! – деди. 15 Бирақ олар бақырысып: – Жоқ қыл Оны! Жоқ қыл, атанақ ағашқа шегеле! – деди. Пилат оларға: – Сизлердиң Патшаңызды атанақ ағашқа шегелейин бе? – деди. – Бизлердиң Ќайсардан басқа патшамыз жоқ, – деп жуўап берди бас руўханийлер. 16 Солай етип, Пилат Ийсаны атанақ ағашқа шегелеў ушын әскерлерге тапсырды. Єскерлер Ийсаны алып кетти. 17 Ийса Ѳз атанақ ағашын арқалап, «Бас сүйек орны», еврейше Голгота деп аталған жерге келди. 18 Сол жерде Ийсаны ҳәм Оның менен бирге еки адамды атанақ ағашқа шегеледи. Олардың биреўи оң тәрепте, екиншиси сол тәрепте, ал Ийса ортада еди. 19 Пилат жазыў жаздырып, оны атанақ ағаштың үстине илдиртти. Онда: «НАСЫРАЛЫ ИЙСА – ЯҲУДИЙЛЕРДИЊ ПАТШАСЫ», – деп жазылған еди. 20 Яҳудийлердиң кѳбиси бул жазыўды оқыды. Ѳйткени Ийса атанақ ағашқа шегеленген жер қалаға жақын еди ҳәм бул жазыў еврейше, латынша ҳәм грекше жазылған еди. 21 Яҳудийлердиң бас руўханийлери Пилатқа былай деди: – «Яҳудийлердиң Патшасы» деп жазба, «Оның Ѳзи: Мен – Яҳудийлердиң Патшасыман, деди», – деп жаз. 22 – Не жазажақ болсам жаздым, – деп жуўап берди Пилат. 23 Єскерлер Ийсаны атанақ ағашқа шегелегеннен соң, Оның сыртқы кийимин алды ҳәм оны тѳрт бѳлекке бѳлип, ҳәр қайсысы бир бѳлектен алды. Кѳйлегин де алды. Ол тигилмеген болып, бастан-аяқ бир пүтин тоқыма еди. 24 Сонлықтан әскерлер бир-бирине: – Буны жыртпайық, шек таслайық, кимге түссе, сол алсын, – деди. Бул Мухаддес Жазыўдағы мына сѳзлердиң орынланыўы ушын болды: «Сыртқы кийимимди ѳз ара бѳлисти, Кѳйлегим ушын шек таслады». Єскерлер усы айтылғанды иследи. 25 Ийсаның атанақ ағашының қасында Оның анасы, анасының апасы, Клопаның ҳаялы Мәриям ҳәм магдалалы Мәриям турған еди. 26 Ийса анасын ҳәм оның жанында турған Ѳзиниң сүйикли шәкиртин кѳргенде, анасына: – Апа, мине, сениң улың, – деди. 27 Кейин шәкиртине: – Мине, бул сениң анаң, – деди. Сол ўақыттан баслап, сол шәкирт оны ѳз үйине алды. 28 Соннан соң, Ийса ҳәммесиниң тамамланғанын билип, Мухаддес Жазыў орынланыўы ушын: – Шѳллеп турман! – деди. 29 Сол жерде ашшы шарапқа толы бир гүзе тур еди. Єскерлер сорғышты оған сиңдирип алып, иссоптың шыбығына қадады да, Ийсаның аўзына тутты. 30 Ийса оны татып кѳрип: – Орынланды, – деди де, басын ийип, жан тапсырды. 31 Бул таярлық күни еди. Ертеңги күн Ќутқарылыў байрамына туўра келетуғын айрықша дем алыс күни болғанлықтан, яҳудий басшылары денелерди атанақ ағашта қалдырыўды қәлемеди. Олар Пилаттан шегеленгенлердиң аяқларын сындырып, денелерди алып таслаўды сорады. 32 Сонда әскерлер барып, Ийса менен атанақ ағашқа шегеленгенлердиң дәслеп бириншисиниң, соңынан екиншисиниң аяқларын сындырып таслады. 33 Бирақ Ийсаның қасына келгенде, Оның әлле қашан жан тапсырғанын кѳрип, аяқларын сындырмады. 34 Буның орнына, әскерлердиң бири Оның бүйирин найза менен тести. Сол ўақытта-ақ қан менен суў ағып шықты. 35 Буны кѳрген адамның гүўалығы ҳақыйқат. Ол ѳзиниң ҳақыйқатлықты айтып атырғанын биледи. Сизлер де исениўиңиз ушын ол гүўалық берди. 36 Булардың ҳәммеси: «Оның ҳеш бир сүйеги сынбайды», – деген Мухаддес Жазыўдағы сѳзлердиң орынланыўы ушын болды. 37 Мухаддес Жазыўдың басқа бир жеринде: «Ѳзлери найза менен тескен Адамға қарайды», – делинген. 38 Буннан соң, ариматиялы Юсуп Ийсаның денесин алып кетиў ушын Пилаттан рухсат сорады. Юсуп Ийсаның шәкирти еди. Бирақ ол яҳудий басшыларынан қорққанлықтан, буны жасырып жүрген еди. Пилат рухсат бергеннен соң, Юсуп барып, Ийсаның денесин алып кетти. 39 Бурын түнде Ийсаға келген Никодим де жүз қадаққа жақын мирра менен алоэ араласпасын алып келди. 40 Олар Ийсаның денесин алып, яҳудийлердиң жерлеў дәстүри бойынша, Оны хош ийисли затлар менен кепинликке орады. 41 Ийса атанақ ағашқа шегеленген жерде бир бағ болып, бул бағдың ишинде еле ҳеш ким қойылмаған бир жаңа қәбир бар еди. 42 Бул күн яҳудийлердиң таярлық күни болғанлықтан, қәбир жақын жайласқаны себепли, олар Ийсаны сол жерге қойды.
1 Ҳәптениң биринши күни, яғный екшемби күни таң азанда, еле қараңғы болғанда, магдалалы Мәриям қәбирге келди ҳәм қәбирдиң аўзындағы тастың алып тасланғанын кѳрди. 2 Ол жуўырып, Симон Петрге ҳәм Ийсаның жақсы кѳретуғын сол шәкиртине барды да, оларға: – Ийемизди қәбирден алып кетипти. Оны қай жерге қойғанын билмеймиз, – деди. 3 Сонда Петр менен басқа шәкирт шығып, қәбирге қарай жол алды. 4 Олар жуўырып кетти. Бирақ сол шәкирт Петрден тезирек жуўырып, қәбирге биринши болып келди. 5 Ол еңкейип ишке қарап, сол жерде кепинликтиң жатырғанын кѳрди, бирақ ишке кирмеди. 6 Оның изинен Симон Петр жетип келип, қәбирге кирди. Сол жерде жатырған кепинликти ҳәм 7 Ийсаның басына оралған орамалды кѳрди. Орамал кепинлик пенен бирге емес, ал бѳлек жерде бүкленип турған еди. 8 Сонда қәбирге биринши болып келген сол шәкирт те ишке кирди ҳәм усыларды кѳрип, исенди. 9 Себеби олар Ийсаның ѳлимнен қайта тирилиўи тийис екенин айтқан Мухаддес Жазыўды елеге дейин түсинбейтуғын еди. 10 Буннан соң, шәкиртлер үйлерине қайтып кетти. 11 Ал Мәриям қәбирдиң сыртында жылап турған еди. Жылап турып, еңкейип қәбирдиң ишине қарады 12 ҳәм ақ кийимли еки периштени кѳрди. Бири Ийсаның денеси жатқан жердиң бас ушында, екиншиси аяқ ушында отырған еди. 13 Олар Мәриямнан: – Ҳаял, сен неге жылап турсаң? – деп сорады. – Ийемди алып кетипти. Оны қай жерге қойғанын билмеймен, – деди ол. 14 Усыларды айтып болып, арқасына бурылды ҳәм Ийсаның турғанын кѳрди. Бирақ Оның Ийса екенин танымады. 15 Ийса оған: – Ҳаял, сен неге жылап турсаң? Кимди излеп жүрсең? – деди. Мәриям Оны бағман деп ойлап, Оған: – Мырза, егер Оны сен алып кеткен болсаң, қай жерге қойғаныңды маған айт, мен Оны алып қайтайын, – деди. 16 Ийса оған: – Мәриям! – деди. Мәриям бурылып, еврейшелеп: – Рәббуний! – деди. (Рәббуний – «устаз» дегенди аңлатады.) 17 Ийса оған: – Маған қол тийгизбе! Себеби Мен еле Єкемниң жанына кѳтерилмедим. Ал сен туўысқанларыма барып, Мениң Єкемниң ҳәм сизлердиң Єкеңиздиң, Мениң Ќудайымның ҳәм сизлердиң Ќудайыңыздың алдына кѳтерилип баратырғанымды айт, – деди. 18 Магдалалы Мәриям шәкиртлерге барып, оларға: – Мен Ийемди кѳрдим! – деди ҳәм Ийсаның ѳзине не айтқанларын оларға хабарлады. 19 Ҳәптениң биринши күни, яғный екшемби күни кеште шәкиртлер бирге жыйналған еди. Яҳудий басшыларынан қорққанлықтан, олар үйдиң қапыларын илип қойғанда, Ийса келди. Олардың ортасында турып, оларға: – Тынышлық сизлерге яр болсын! – деди. 20 Буны айтып, оларға қолларын ҳәм бүйирин кѳрсетти. Шәкиртлер Ийемизди кѳрип, қатты қуўанды. 21 Ийса оларға және былай деди: – Тынышлық сизлерге яр болсын! Єкем Мени жибергени сыяқлы, Мен де сизлерди жиберип атырман. 22 Усылай деди де, оларға қарай үплеп: – Мухаддес Руўхты алыңлар. 23 Сизлер кимниң гүналарын кеширсеңлер, Ќудай да оның гүналарын кеширеди. Сизлер кимниң гүналарын кеширмесеңлер, Ќудай да оның гүналарын кеширмейди, – деди. 24 Он еки шәкирттиң бири, Егиз деп аталған Томас Ийса келгенде олардың арасында жоқ еди. 25 Сонлықтан басқа шәкиртлер оған: – Бизлер Ийемизди кѳрдик, – дести. Бирақ Томас оларға: – Оның қолларындағы шеге излерин кѳрмегенимше, бармағым менен шеге излерин ҳәм қолларым менен Оның бүйирин услап кѳрмегенимше, исенбеймен, – деди. 26 Бир ҳәптеден соң, Ийсаның шәкиртлери және үйде жыйналған еди. Томас та олар менен бирге еди. Үйдиң қапылары илик болғанда, Ийса келип, олардың ортасында турды да: – Тынышлық сизлерге яр болсын! – деди. 27 Соңынан Томасқа: – Бармағыңды берман соз. Ќолларыма қара, қолыңды созып, бүйиримди услап кѳр. Гүманланбай, исен, – деди. 28 Томас Оған жуўап берип: – Ийем мениң, Ќудайым мениң! – деди. 29 Ийса оған: – Сен Мени кѳргенликтен исендиң. Бирақ, кѳрмей исенгенлер қандай бахытлы! – деди. 30 Ийса шәкиртлериниң алдында бул китапта жазылмаған басқа да кѳп кәраматлар иследи. 31 Бирақ булар сизлердиң Ийсаның Масих, Ќудайдың Улы екенине исениўиңиз ушын ҳәм исенип, Оның аты менен ѳмирге ийе болыўыңыз ушын жазылды.
1 Буннан соң, Ийса Тиберия теңизиниң жағасында шәкиртлерине және кѳринди. Бул былай болды: 2 Симон Петр, Егиз деп аталған Томас, Галиланың Кана қаласынан болған Натаниел, Зебедейдиң уллары ҳәм Ийсаның шәкиртлеринен және екеўи бирге еди. 3 Симон Петр оларға: – Мен балық аўлаўға кетип баратырман, – деди. – Бизлер де сениң менен бирге барамыз, – деди олар. Олар барып, қайыққа минди. Бирақ сол түни ҳеш нәрсе тута алмады. 4 Таң атқанда, теңиздиң жағасында Ийса турған еди. Бирақ шәкиртлери Оның Ийса екенин билмеди. 5 Ийса олардан: – Ҳәй, дослар, балығыңыз жоқ па? – деп сорады. – Жоқ, – деп жуўап берди олар. 6 – Аўыңызды қайықтың оң жағына салыңлар, сонда тутасызлар, – деди Ийса. Олар аў салып, кѳп балық тутқанлықтан, аўды тартып шығара алмады. 7 Ийсаның сүйикли шәкирти Петрге: – Бул Ийемиз! – деди. «Бул Ийемиз» дегенди еситкеннен, Симон Петр жалаңаш болғанлықтан кийимин кийип, ѳзин теңизге атты. 8 Ал басқа шәкиртлер балық толы аўды сүйреп, қайық пенен келди. Ѳйткени олар жағадан шама менен тек жүз метр узақлықта еди. 9 Олар жағаға шыққанда, ол жерде жағылып атырған кѳмирди ҳәм қоздың үстине қойылған балық пенен нанды кѳрди. 10 Ийса оларға: – Ҳәзир тутқан балықларыңыздан алып келиңлер, – деди. 11 Симон Петр қайыққа минип, балыққа толы аўды жағаға тартып шығарды. Аўда бир жүз елиў үш ири балық бар еди. Балықлар соншелли кѳп болса да, аў жыртылмады. 12 Ийса оларға: – Келиңлер, азанғы аўқатты жеңлер, – деди. Шәкиртлериниң ҳеш қайсысы Оннан: «Сен кимсең?» – деп сораўға батына алмады. Себеби Оның Ийемиз екенин билетуғын еди. 13 Ийса жақынырақ келди де, нанды алып, оларға берди. Балықлар менен де усылай иследи. 14 Солай етип, бул Ийсаның ѳлимнен тирилгенинен соң, шәкиртлерине үшинши мәрте кѳриниўи еди. 15 Азанғы аўқатты жеп болғаннан соң, Ийса Симон Петрден: – Юнус улы Симон, Мени олардан да кѳбирек сүйесең бе? – деп сорады. – Аўа, Ийем. Сени жақсы кѳретуғынымды билесең-ғо, – деди Оған Петр. Ийса оған: – Ќозыларымды отлат, – деди. 16 Ийса екинши мәрте оннан: – Юнус улы Симон, Мени сүйесең бе? – деп сорады. Петр Оған: – Аўа, Ийем. Сени жақсы кѳретуғынымды билесең-ғо, – деди. Ийса оған: – Ќойларымды бақ, – деди. 17 Үшинши мәрте Ийса оннан: – Юнус улы Симон, Мени жақсы кѳресең бе? – деп сорады. Петр Оның ѳзинен үш мәрте: «Мени жақсы кѳресең бе?» – деп сорағанына қапа болды. – Ийем, Сен ҳәммесин билесең, Сени сүйетуғынымды да билесең, – деди Петр. Ийса оған былай деди: – Ќозыларымды отлат. 18 Саған шынын, ҳақыйқатын айтаман: жас ўақтыңда белбеўиңди ѳзиң байлап, қәлеген жериңе баратуғын едиң. Бирақ қартайғаныңда қолларыңды созып турасаң ҳәм басқа биреў белбеўиңди байлап, сени қәлемеген жериңе алып барады. 19 Ийса буны Петрдиң қандай ѳлим менен Ќудайды уллылайтуғынын билдириў ушын айтқан еди. Усыны айтып болып: – Изиме ер, – деди. 20 Петр артына бурылып, Ийсаның сүйикли шәкиртиниң излерине ерип киятырғанын кѳрди. Бул – кешки аўқат ўақтында Ийсаның кѳкирегине сүйенип жатып: «Ийем, Саған ким сатқынлық ислейди?» – деп сораған шәкирт еди. 21 Петр оны кѳрип, Ийсадан: – Ийем, оған не болады? – деп сорады. 22 Ийса оған: – Мен келемен дегенше, оның жасаўын қәлесем, саған не? Сен Мениң изиме ер, – деди. 23 Солай етип, туўысқанлар арасында: «Бул шәкирт ѳлмейди», – деген сѳз тарқалды. Бирақ Ийса Петрге: «Ол ѳлмейди», – деген жоқ. Ал: «Мен келемен дегенше, оның жасаўын қәлесем, саған не?» – деген еди. 24 Булардың ҳәммеси ҳаққында гүўалық берип, усыларды жазған сол шәкирт. Бизлер оның гүўалығының ҳақыйқат екенин билемиз. 25 Ийса ислеген басқа да кѳп ислер бар. Егер олар бирме-бир жазылғанда, жазылған китаплар дүньяға сыймас еди, деп ойлайман.
1 - 2 Ҳүрметли Теофил! Мен биринши китабымда Ийсаның ислеўге ҳәм үйретиўге кирискенинен баслап, Ѳзи таңлаған елшилерине Мухаддес Руўх арқалы буйрықлар бергеннен соң, аспанға алынған күнине дейин болған ўақыялардың ҳәммесин жазған едим. 3 Ол азап шегип ѳлгеннен кейин, кѳп исенимли дәлиллер менен елшилерге Ѳзиниң қайта тирилгенин кѳрсетти. Ќырық күн даўамында оларға кѳринип, Ќудайдың Патшалығына байланыслы нәрселер ҳаққында айтты. 4 Олар менен бирге болғанда мына буйрықты берди: – Ерусалимнен кетип қалмаңлар. Ал ѳзлериңиз Меннен еситкен Єкемниң ўәдесиниң орынланыўын күтиңлер. 5 Себеби Яқыя суў менен шомылдырған еди, бирақ сизлер кѳп күн ѳтпей Мухаддес Руўх пенен шомылдырыласызлар. 6 Елшилер бирге жыйналғанда, Ийсадан былай деп сорады: – Ийем, Израилға патшалықты ҳәзир қайтарып бережақсаң ба? 7 Ийса оларға: – Єкениң Ѳз бийлиги менен белгилеп қойған ўақыт-мәҳәллерин билиў сизлерге берилмеген. 8 Бирақ сизлерге Мухаддес Руўх түскенде күш-қуўат аласызлар ҳәм Ерусалимде, пүткил Яҳудияда, Самарияда, ҳәтте, дүньяның шетине дейин Мениң гүўаларым боласызлар, – деди. 9 Ийса усыларды айтып болып, олардың кѳз алдында аспанға алынды. Оны бир булт қаплап, олардың нәзеринен узақластырды. 10 Ийса кѳтерилип баратырғанда, олар кѳзлерин аспанға тигип турған еди. Бирден олардың қасында ақ кийимли еки адам пайда болып: 11 – Ҳәй, галилалылар, неге аспанға қарап турсызлар? Сизлерден аспанға алынған бул Ийсаның қалай кѳтерилгенин кѳргениңиздей, Ол анық солай қайтып келеди, – деди. 12 Буннан соң, елшилер Зәйтүн таўы деп аталған таўдан Ерусалимге қайтып келди. Бул таў Ерусалимге жақын болып, бир шақырымдай жерде жайласқан еди. 13 Ќалаға кирип, ѳзлери болып атырған үйдиң жоқарғы қабатына кѳтерилди. Олар: Петр, Юхан, Яқып, Андрей, Филип, Томас, Бартоломей, Матта, Алпейдиң улы Яқып, ўатансүйер Симон ҳәм Яқып улы Яҳуда еди. 14 Булардың ҳәммеси ҳаял-қызлар, Ийсаның анасы Мәриям ҳәм Оның туўысқанлары менен бирликте үзликсиз дуўа ететуғын еди. 15 Сол күнлердиң биринде жыйналған бир жүз жигирмаға шамалас исениўшилердиң арасынан Петр орнынан турып былай деди: 16 – Туўысқанларым! Мухаддес Руўхтың Ийсаны услап алғанларға жолбасшылық еткен Яҳуда ҳаққында Даўыт арқалы әўелден билдирген Мухаддес Жазыўы орынланыўы керек еди. 17 Яҳуда да бизлердиң арамызда бири болып, усы хызметтен үлесин алған еди. ( 18 Бул адам ѳз қылмысының ҳақысына бир егислик жер сатып алды. Ол сол жерде ет-бетинен жығылып, қарны жарылды ҳәм барлық ишеклери ақтарылды. 19 Бул ўақыя Ерусалим турғынларының ҳәммесине мәлим болды. Сонлықтан сол егислик жер олардың тилинде «Хакелдама» деп аталып, «Ќан жери» деген мәнисти аңлатады.) 20 Ѳйткени Забурда: «Оның мәканы қаңырап қалсын, Онда жасаўшы болмасын». Және де: «Оның орнын басқа биреў ийелесин», – деп жазылған. 21 - 22 Сонлықтан Ийемиз Ийса бизлер менен бирге болғанда, яғный Яқыяның суўға шомылдырыўынан баслап, Ийсаның аспанға алынған күнине дейин, бәрқулла бизлердиң арамызда болған адамлардың бири Оның қайта тирилгенине бизлер менен бирге гүўа болыўы тийис. 23 Солай етип, еки адам: лақабы Юстус болған Барсаба деп аталатуғын Юсуп ҳәм Матияс усынылды. 24 - 25 Соңынан олар былай деп дуўа етти: – О, Ийемиз, Сен ҳәр бир адамның кеўлин билесең. Усы еки адамның қайсысын елшилик хызметине таңлағаныңды бизлерге кѳрсет. Ал Яҳуда бул хызметти таслап, ѳзине ылайықлы жерге кетти. 26 Олар екеўине шек таслағанда, шек Матиясқа түсти. Солай етип, ол он бир елшиниң қатарына қосылды.
1 Елиўинши күни байрамы келгенде, исениўшилердиң ҳәммеси бир жерге жыйналды. 2 Тосаттан аспаннан күшли самал ескендей болып, бир шаўқым еситилди ҳәм олар отырған үйди пүткиллей толтырып жиберди. 3 Оттың жалыны сыяқлы тиллерге уқсаған бир нәрселер оларға кѳринип, бѳлинип-бѳлинип ҳәр бириниң үстине түсти. 4 Олардың ҳәммеси Мухаддес Руўхқа толып, Руўхтың айтқызыўы бойынша басқа тиллерде сѳйлей баслады. 5 Сол ўақытта Ерусалимде дүньяның ҳәр түрли еллеринен келген диншил яҳудийлер жасайтуғын еди. 6 Бул сести еситип, кѳп халық бир жерге жыйналды. Олардың ҳәр бири ѳз тиллеринде айтылған сѳзлерди еситкенликтен ҳайран болды. 7 Ҳәмме қатты таң қалысып, былай деди: – Ќараңлар, бул сѳйлеп атырғанлардың ҳәммеси галилалы емес пе? 8 Онда қалай олардың бизлердиң ҳәр биримиздиң туўылған жеримиздиң тилинде сѳйлеп атырғанын еситип турмыз? 9 Арамызда парфиялылар, мидиялылар, еламийлилер бар. Месопотамияда, Яҳудияда ҳәм Кападокияда, Понтус ҳәм Азияда, 10 - 11 Фрикия ҳәм Памфилияда, Мысыр ҳәм Ливияның Киренеге жақын үлкелеринде жасайтуғынлар бар. Ѳзлери яҳудий болған ҳәм яҳудий динине ѳткен Римнен келген қонақлар, критлилер ҳәм араблар да бар. Бирақ бизлер Ќудайдың уллы ислери ҳаққында ҳәр биримиз ѳз тиллеримизде еситип турмыз-ғо. 12 Олардың ҳәммеси аң-таң болысып, бир-биринен: – Буны қалай түсиниўге болады? – деп сорады. 13 Ал гейбиреўлери мысқыллап: – Олар таза шарап ишип, мәс болған, – дести. 14 Сонда он бир елши менен бирге Петр орнынан турды да, бәлент даўыс пенен халыққа қарата сѳйледи: – Яҳудийлер ҳәм пүткил Ерусалим турғынлары! Мен буны сизлерге түсиндирейин, сѳзлериме қулақ салыңлар. 15 Бул адамлар сизлер ойлағандай мәс емес. Себеби ҳәзир азанғы саат тоғыз-ғо. 16 Бирақ бул кѳрип турғанларыңыз Иоел пайғамбар арқалы алдын ала айтылған еди: 17 «Ќудай былай дейди: Соңғы күнлерде барлық адамлардың үстине Ѳз Руўхымды жаўдыраман. Улларыңыз ҳәм қызларыңыз пайғамбаршылық етеди. Жасларыңыз аянлар, қартайған адамларыңыз түслер кѳреди. 18 Сол күнлерде Ѳзимниң ер ҳәм ҳаял хызметшилеримниң үстине де, Ѳз Руўхымды жаўдыраман, Олар да пайғамбаршылық етеди. 19 Жоқарыда, аспанда таң қаларлық нәрселер, Тѳменде, жер жүзинде кәраматлы белгилер: қан, от ҳәм бурқыраған түтинлерди кѳрсетемен. 20 Ийемиздиң уллы ҳәм салтанатлы күни келместен алдын, күн қараңғыланады, ай қанға айланады. 21 Сонда Ийемиздиң атын айтып шақырған ҳәр бир адам қутқарылады». 22 Израиллылар, мына сѳзлерге қулақ салыңлар: хабарыңыз бар, Насыралы Ийса Ќудайдың Ол арқалы араңызда ислеген кәраматлары, таң қаларлық ўақыялары ҳәм кәраматлы белгилери менен Ќудай тәрепинен дәлилленген Адам еди. 23 Бул Ийса Ќудайдың ерки ҳәм алдын ала белгилегени бойынша, сизлерге услап берилген еди. Сизлер Оны Ќудайдың Нызамын билмейтуғын басқа миллет адамларының қолы менен атанақ ағашқа шегелеп ѳлтирдиңлер. 24 Ал Ќудай ѳлим азабының тусаўларын үзип, Оны тирилтти. Ѳйткени Оны ѳлимниң услап турыўы мүмкин емес еди. 25 Ол ҳаққында Даўыт былай деген: «Ийемди ҳәмме ўақыт кѳз алдымда кѳрдим, Ол мениң оң жағымда болғанлықтан, мен албырамайман. 26 Сонлықтан кеўлим қуўанып, тилим шадланып сѳйлейди. Денем де үмит ишинде жасайды. 27 Себеби Сен жанымды ѳлилер мәканына таслап кетпейсең, Ѳз Мухаддесиңди ширитип қоймайсаң. 28 Маған ѳмир жолларын үйреттиң, Мени Ѳз жаныңда қуўанышқа бѳлейсең». 29 Туўысқанларым! Мен сизлерге уллы бабамыз Даўыт ҳаққында ашық айта аламан: ол ѳлди ҳәм жерленди. Оның қәбири бүгинге дейин усы жерде, бизлерде сақланған. 30 Даўыт пайғамбар болғанлықтан, Ќудайдың оған: «Сениң урпағыңнан Бирин тахтыңа отырғызаман», – деп ѳзине ант ишип, ўәде бергенин билди. 31 Сонлықтан ол келешекте не болатуғынын кѳрип, Масихтың қайта тирилетуғыны туўралы былай деген еди: «Ол ѳлилер мәканына таслап қалдырылмады, Денеси де ширимеди». 32 Ќудай усы Ийсаны ѳлимнен тирилтти, буған бизлердиң ҳәммемиз гүўамыз. 33 Ол Ќудайдың қүдирети менен аспандағы жоқары ҳәмелге кѳтерилип, Єкеден ўәде етилген Мухаддес Руўхты алды. Ҳәзир кѳргениңиз ҳәм еситкениңиз сыяқлы, сол Руўхты бизлерге жаўдырды. 34 - 35 Даўыт аспанға кѳтерилмеген болса да былай деген еди: «Ийем мениң Ийеме айтты: „Душпанларыңды аяғыңның астына бастырмағанымша, Мениң оң жағымда отыр“». 36 Солай етип, пүткил Израил халқы анық билип қойсын: Ќудай сизлер атанақ ағашқа шегелеген сол Ийсаны ҳәм Ийемиз, ҳәм Масих қылды. 37 Буны еситкенлердиң жүреклерине қанжар суғылғандай болды. Олар Петр ҳәм басқа елшилерден: – Туўысқанлар, бизлер не ислеўимиз керек? – деп сорады. 38 Петр оларға былай деди: – Гүналарыңыздың кеширилиўи ушын тәўбе етип, ҳәр бириңиз Ийса Масихтың аты менен суўға шомылдырылыңлар. Сонда Мухаддес Руўхты сыйға аласызлар. 39 Бул ўәде сизлерге, сизлердиң балаларыңызға ҳәм алыстағылардың ҳәммесине, яғный Ќудай Ийемиз шақырған ҳәр бир адамға берилген. 40 Петр басқа да кѳп сѳзлер менен оларға гүўалық берип: – Бул бузық әўладтан қутқарылыңлар, – деп ѳтиниш етти. 41 Оның сѳзин қабыл еткенлер суўға шомылдырылып, сол күни оларға үш мыңға шамалас адам қосылды. 42 Олар ѳзлерин елшилердиң тәлимине бағышлап, бир-бири менен қарым-қатнаста болды ҳәм бирге нан сындырып, дуўа ететуғын еди. 43 Елшилер арқалы кѳп таң қаларлық нәрселер ҳәм кәраматлы белгилер кѳрсетилгенликтен, ҳәммени қорқыныш бийледи. 44 Исениўшилердиң ҳәммеси бирге жыйналып, ҳәмме нәрсесин орталыққа қойды. 45 Мал-мүликлерин сатып, ҳәр кимниң мүтәжлигине қарай үлестиретуғын еди. 46 Олар ҳәр күни бирге Ибадатхананың ҳәўлисинде жыйналысып, үйлерде нан сындырысты. Ќуўанышлы түрде ҳақ кеўил менен бирге аўқатланды. 47 Ќудайға мақтаўлар айтып, пүткил халықтың алғысына бѳленди. Ийемиз де қутқарылғанларды оларға күн сайын қосып барды.
1 Бир күни Петр менен Юхан дуўа етиў ўақтында, түстен кейин саат үште Ибадатханаға баратыр еди. 2 Сол жерде иштен аяғы ләң болып туўылған бир адам бар еди. Ол Ибадатханаға келгенлерден садақа сораў ушын кѳтерип әкелинип, ҳәр күни Ибадатхананың «Гѳззал» деген қапысының қасында отырғызылатуғын еди. 3 Бул адам Ибадатханаға кирип баратырған Петр менен Юханды кѳрип, олардан садақа сорады. 4 Петр менен Юхан оған тигилип қарады. Соңынан Петр оған: – Бизлерге қара! – деди. 5 Сол адам олардан бир нәрсе алыўды дәметип, оларға дыққат пенен тигилип қалды. 6 Петр оған: – Менде гүмис ҳәм алтын жоқ, бирақ саған ѳзимде барымды беремен. Насыралы Ийса Масих аты менен айтаман, жүр! – деп 7 оның оң қолынан услады да, орнынан турғызды. Сол ўақытта-ақ оның аяқлары менен тобықларына күш енди. 8 Ол орнынан ушып турды да, жүре баслады. Былай-былай жүрип секириўи менен Ќудайға алғыслар айтып, олар менен бирге Ибадатханаға кирди. 9 Пүткил халық оның жүрип баратырғанын ҳәм Ќудайды алғыслап атырғанын кѳрип, 10 оның Ибадатхананың «Гѳззал» деген қапысының қасында отырып, тиленшилик еткен адам екенин таныды. Оның менен жүз берген ўақыяға олар қатты ҳайран қалысып, аң-таң болысты. 11 Жаңағы адам Петр менен Юханнан айырылмай жүргенде, пүткил халық ҳайран қалысып, «Сулайманның айўаны» деп аталатуғын жерге, олардың қасына жуўырысып келди. 12 Буны кѳрген Петр халыққа қарата былай деди: – Израиллылар, буған неге аң-таң болып атырсызлар? Бул адамды бизлер ѳз күшимиз ямаса диншиллигимиз бенен жүргизгендей, неге бизлерге тигилип турсызлар? 13 Ибрайымның, Ысақтың, Яқыптың Ќудайы, бизиң ата-бабаларымыздың Ќудайы Ѳз хызметшиси Ийсаны уллылады. Сизлер Оны услап бердиңлер ҳәм Пилат Оны босатыўға қарар еткенде, Оннан Пилаттың алдында ўаз кештиңлер. 14 Мухаддес ҳәм ҳақ Адамнан ўаз кешип, бир адам ѳлтириўшиниң ѳзлериңизге босатылып берилиўин талап еттиңлер. 15 Сизлер Ѳмир Ийесин ѳлтирдиңлер, бирақ Ќудай Оны ѳлимнен тирилтти. Бизлер буған гүўамыз. 16 Сизлер кѳрген ҳәм таныйтуғын бул адам Ийсаның аты менен, Оның атына деген исеним менен шыпа тапты. Ҳәммеңиздиң кѳз алдыңызда оған толық шыпа берген Ийсаға деген исеним еди. 17 Енди туўысқанларым, сизлердиң бул исти басшыларыңыз сыяқлы билмей ислегениңизди билемен. 18 Бирақ барлық пайғамбарлар арқалы Ѳз Масихының азап шегетуғынын алдын ала билдирген Ќудай Ѳз сѳзин усылай әмелге асырды. 19 - 20 Солай етип, тәўбе етиңлер ҳәм гүналарыңыздың жуўылыўы ушын Ќудайға қайтыңлар. Сонда Жаратқан Ийемиз сизлерге рәҳәтлениў ўақытларын береди ҳәм сизлер ушын алдын ала тайынланған Масихты, яғный Ийсаны жибереди. 21 Ќудайдың әййемнен мухаддес пайғамбарлары арқалы айтқанындай, ҳәмме нәрсениң ѳз қәлпине келиўине дейин Ийса аспанда болыўы керек. 22 Ѳйткени Муўса былай деген еди: «Ќудай Ийемиз сизлер ушын туўысқанларыңыздың арасынан мен сыяқлы бир пайғамбарды шығарады. Оның айтқан ҳәр бир сѳзин тыңлаңлар. 23 Сол пайғамбарды тыңламаған ҳәр бир адам Ќудайдың халқы арасынан жоқ етиледи». 24 Самуел пайғамбардан баслап, оннан кейин келип сѳйлеген пайғамбарлардың ҳәммеси де усы күнлер ҳаққында болжаған еди. 25 Сизлер пайғамбарлардың ҳәм Ќудайдың ата-бабаларыңыз бенен дүзген келисиминиң мийрасхорларысызлар. Себеби Ќудай Ибрайымға былай деген еди: «Сениң әўладың арқалы жер жүзиндеги ҳәмме халықлар жарылқанады». 26 Ҳәр бириңизди жаман жолдан қайтарып, сизлерди жарылқаў ушын, Ќудай Ѳзи тайынлаған хызметшисин ең алды менен сизлерге жиберди.
1 Петр менен Юхан халыққа сѳйлеп турғанда, руўханийлер, Ибадатхана сақшыларының басшысы ҳәм саддукейлер олардың жанына топарласып келди. 2 Ѳйткени олардың халыққа тәлим берип, Ийсаның мысалында ѳлилердиң қайта тирилетуғынын жәриялағанына қатты ашыўлы еди. 3 Сонлықтан олар Петр менен Юханды услап алды да, ертеңге дейин қамап таслады. Себеби күн кеш болып қалған еди. 4 Бирақ, елшилердиң сѳзин еситкен адамлардың кѳбиси исенди. Исенген ер адамлардың саны бес мыңға шамалас еди. 5 Келеси күни яҳудий басшылары, ақсақаллар ҳәм диний муғаллимлер Ерусалимге жыйналды. 6 Бас руўханий Ханна менен Каяфа, Юхан, Искендер ҳәм бас руўханийдиң урпағынан болған басқа адамлар да сол жерде еди. 7 Олар Петр менен Юханды ортаға турғызып, олардан: – Сизлер буны қандай күш пенен ҳәм кимниң аты менен иследиңлер? – деп сорады. 8 Сонда Петр Мухаддес Руўхқа толып былай деди: – Халық басшылары ҳәм ақсақаллар! 9 Бул ләң адамға исленген жақсылық ҳәм оның қалай шыпа тапқаны ҳаққында бизлер бүгин тергелип атырған болсақ, 10 онда сизлердиң ҳәммеңиз ҳәм пүткил Израил халқы мынаны билип қойыңлар: бул адам сизлер атанақ ағашқа шегелеген, бирақ Ќудай ѳлимнен қайта тирилткен Насыралы Ийса Масихтың атының қүдирети менен сап-саў болып, алдыңызда тур. 11 Усы Ийса Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Сиз, қурылысшылар тәрепинен керексиз деп тасланып, Бирақ, үйдиң мүйешиниң тийкарғы тасы болған тас». 12 Ийсадан басқа ҳеш ким арқалы қутқарылыў жоқ. Ќутқарылыўымыз ушын аспан астында адамларға берилген басқа ҳеш бир ат жоқ. 13 Кеңес ағзалары Петр менен Юханның билимсиз ҳәм қарапайым адамлар екенин байқап, олардың батыллығын кѳргенде таң қалысты. Олардың Ийса менен бирге болғанын билди. 14 Бирақ шыпа тапқан адамның Петр ҳәм Юхан менен турғанын кѳрип, оларға қарсы ҳеш нәрсе айта алмады. 15 Солай етип, кеңес ағзалары оларға сыртқа шығып кетиўди буйырды да, соңынан ѳз ара кеңесе баслап: 16 – Бул адамларға не ислесек екен? Ерусалимде жасайтуғын ҳәр бир адам олардың анық кәрамат ислегенин биледи-ғо. Бизлер буны бийкарлай алмаймыз. 17 Бирақ, бул хабардың халық арасында және де кѳбирек жайылмаўы ушын, буннан былай Ийсаның аты менен ҳеш кимге ҳеш қашан сѳйлемеңлер деп, қорқытып қояйық, – дести. 18 Соңынан оларды шақырып алып, Ийсаның аты менен ҳеш нәрсе айтпаўларын ҳәм үйретпеўлерин буйырды. 19 Бирақ, Петр менен Юхан оларға жуўап берип: – Ѳзлериңиз ойлап кѳриң: Ќудайдың сѳзлеринен гѳре, сизлердиң сѳзлериңизди тыңлаў Ќудай алдында дурыс болар ма екен? 20 Бизлер кѳргенлеримизди ҳәм еситкенлеримизди айтпай тура алмаймыз, – деди. 21 Кеңес ағзалары жазалаў ушын ҳеш қандай себеп таба алмағанлықтан, оларды және қорқытты да, босатып жиберди. Ѳйткени болған ўақыя ушын пүткил халық Ќудайға алғыслар айтып турған еди. 22 Себеби кәраматлы шыпа нәтийжесинде жазылған адамның жасы қырықтан асқан еди. 23 Петр менен Юхан босатылғаннан соң жолдасларына барып, бас руўханийлер менен ақсақаллардың ѳзлерине айтқан сѳзлериниң ҳәммесин хабарлады. 24 Олар буны еситкенде, бир аўыздан Ќудайға қарата бәлент даўыс пенен былай деди: – О, Ќүдиретли Ийемиз! Аспанды, жерди, теңизди ҳәм олардың ишиндегилердиң ҳәммесин Сен жаратқансаң. 25 Ѳз хызметшиң бабамыз Даўыттың аўзы менен Мухаддес Руўх арқалы былай деген едиң: «Миллетлер неге қозғалаң кѳтерди? Халықлар неге пушқа шығатуғын жобалар дүзди? 26 Жер жүзиниң патшалары бас кѳтерди, Ҳүкимдарлар бирге жыйналып, Жаратқан Ийемизге ҳәм Ол тайынлаған Масихқа қарсы турды». 27 Ҳақыйқаттан да, Ҳирод пенен Понтий Пилат бул қалада басқа миллетлер ҳәм Израил халқы менен бирге Сен тайынлаған мухаддес хызметшиң Ийсаға қарсы топланды. 28 Олар буны Сениң қүдиретиң ҳәм еркиң менен алдын ала белгиленгенлерди әмелге асырыў ушын иследи. 29 Енди, О Ийемиз, олардың айбат етиўлерине нәзер салып, Сениң сѳзиңди толық мәртлик пенен айтыўға Ѳз қулларыңа күш-қуўат бере гѳр! 30 Мухаддес хызметшиң Ийсаның аты менен аўырыўларға шыпа бериў ушын, кәраматлы белгилер ҳәм таң қаларлық ислер ислеў ушын қүдиретиңди кѳрсете гѳр! 31 Дуўа етип болғанда, олар жыйналған жер силкинип кетти. Ҳәммеси Мухаддес Руўхқа толып, Ќудайдың сѳзин мәртлик пенен айта баслады. 32 Исениўшилердиң жыйнағындағы ҳәмме адам бир жан, бир тән еди. Ҳеш қайсысы да ѳз мал-мүлкин «меники» демейтуғын еди. Ал ҳәмме нәрсесин орталыққа қойды. 33 Елшилер Ийемиз Ийсаның қайта тирилгени ҳаққында күшли жигер менен, тәсирли түрде гүўалық беретуғын еди ҳәм олардың ҳәммеси Ќудайдың уллы мийримине ийе еди. 34 Олардың арасында жоқшылықта жасайтуғын адам болған жоқ. Ѳйткени жерлери ямаса үйлери барлар оларды сататуғын еди. Түскен ақшаларын алып келип, 35 елшилердиң қолына салатуғын еди. Ақшалар ҳәр кимге мүтәжлигине қарай үлестирилетуғын еди. 36 Мысалы: Лебий урыўынан шыққан Юсуп деген кипрлы бир адам бар еди. Елшилер оған Барнаба, яғный «Жубаныш бериўши» дегенди аңлататуғын ат берген еди. 37 Ол ѳзине тийисли жерди сатты да, ақшасын әкелип, елшилердиң қолына салды.
1 Ал Ханания атлы адам ҳаялы Сафира менен мал-мүлкин сатып, 2 ақшаның бир бѳлегин жасырып қалды да, қалған бѳлегин елшилердиң қолына әкелип салды. Буннан оның ҳаялының да хабары бар еди. 3 Сонда Петр оған былай деди: – Ханания, неге шайтанға жүрегиңнен орын берип, Мухаддес Руўхты алдадың ҳәм сатылған жердиң ақшасының бир бѳлегин ѳзиңе алып қалдың? 4 Жер сатылмай-ақ саған тийисли емес пе еди? Сатылғаннан соң да, ақшасын қәлегениңше жумсаўға еркли емес пе едиң? Неге бундай ис ислеўге нийет еттиң? Сен адамларды емес, Ќудайды алдадың-ғо. 5 Ханания бул сѳзлерди еситиўден-ақ жерге жығылып, жан тапсырды. Буны еситкенлердиң ҳәммесин күшли қорқыныш бийледи. 6 Жас жигитлер орынларынан турып, оның денесин кепинледи де, алып кетип жерледи. 7 Арадан шама менен үш сааттай ѳткенде, болған ўақыядан хабарсыз Хананияның ҳаялы ишке кирип келди. 8 Петр оған: – Маған айтшы, жерди усынша ақшаға саттыңлар ма? – деди. – Аўа, соған, – деди ҳаял. 9 Петр оған былай деди: – Неге Ийемиздиң Руўхын сынап кѳриўге келистиңлер? Єнекей, күйеўиңди жерлегенлер есиктен кирип киятыр. Олар сени де алып кетеди. 10 Ҳаял сол ўақытта-ақ Петрдиң аяғына жығылып, жан тапсырды. Ишке кирген жас жигитлер оның ѳлип қалғанын кѳрип, сыртқа алып кетти де, күйеўиниң қасына жерледи. 11 Пүткил исениўшилер жәмәәтин ҳәм болған ўақыяларды еситкенлердиң ҳәммесин күшли қорқыныш бийледи. 12 Халық арасында елшилер арқалы кѳп кәраматлы белгилер кѳрсетилип, таң қаларлық ислер исленетуғын еди. Исениўшилердиң ҳәммеси Сулайманның айўанында жыйналып туратуғын еди. 13 Сырттан оларға қосылыўға ҳеш кимниң батылы бармайтуғын еди, бирақ халық оларға кѳп алғыслар айтатуғын еди. 14 Және де, Ийемизге исенип, исениўшилерге қосылған ер ҳәм ҳаяллардың саны барған сайын арта берди. 15 Ҳәтте, Петр ѳтип баратырғанда, ҳеш болмаса оның саясы аўырыўлардың бириниң үстине түссин деп, оларды кѳшелерге шығарып, кәтлер ҳәм тѳсеклердиң үстилерине жатқызып қойды. 16 Ерусалимниң дѳгерегиндеги қалашалардан да кѳп адамлар жыйналып, аўырыўларды ҳәм жаўыз руўхлардан азап шеккенлерди алып келетуғын еди. Олардың ҳәммеси шыпа табатуғын еди. 17 Сонда бас руўханий ҳәм оның тәрепдарларының ҳәммеси, яғный саддукей топарының ағзаларының қызғаныштан ишлери жанып, 18 елшилерди услатты да, мәмлекет қамақханасына қаматып таслады. 19 Бирақ түнде Ийемиздиң бир периштеси қамақхананың қапыларын ашып, оларды сыртқа шығарды да: 20 – Барыңлар, Ибадатханада турып, бул жаңа ѳмир туўралы сѳзлердиң барлығын халыққа айтыңлар, – деди. 21 Елшилер айтылғанды тыңлап, таң сәҳәрде Ибадатханаға барды да, тәлим бере баслады. Сол ўақытта бас руўханий ҳәм оның тәрепдарлары келип, жоқарғы кеңестиң адамларын, яғный Израил халқының барлық ақсақалларын жыйналыўға шақырды ҳәм елшилерди алып келиў ушын қамақханаға адам жиберди. 22 Бирақ, сақшылар қамақханаға барғанда елшилерди таппай, излерине қайтып келди де, мыналарды хабарлады: 23 – Ќамақхананың беккем етип жабылғанын, қапылардың аўзында қараўыллардың турғанын кѳрдик. Бирақ, қапыларды ашқанымызда, иштен ҳеш кимди таппадық. 24 Бул сѳзлерди еситкен Ибадатхана сақшыларының басшысы менен бас руўханийлер: «Бул не болғаны» десип, албырасып қалды. 25 Сонда олардың қасына бир адам келип: – Єне, сизлер қамаққа салған адамлар Ибадатханада тәлим берип тур, – деп хабарлады. 26 Солай етип, сақшылардың басшысы сақшылар менен бирге кетип, елшилерди алып келди. Бирақ халықтың ѳзлерин тас пенен урыўынан қорқып, оларға зорлық ислемеди. 27 Олар елшилерди алып келип, жоқарғы кеңестиң алдында турғызып қойды. Бас руўханий елшилерди сораўға тутып: 28 – Бул ат пенен тәлим бермең, деп қатаң буйырған едик-ғо. Бирақ сизлер ѳз тәлийматыңызды пүткил Ерусалим қаласына жайыпсызлар. Бул Адамның қанының тѳгилиўине де бизлерди жуўапкер қылмақшысызлар, – деди. 29 Петр менен басқа елшилер былай деп жуўап берди: – Адамларға емес, Ќудайға бойсыныў тийис! 30 Ата-бабаларымыздың Ќудайы сизлер атанақ ағашқа шегелеп ѳлтирген Ийсаны қайта тирилтти. 31 Израилдың тәўбе етип, гүналарының кеширилиўи ушын, Ќудай Оны Кѳсем ҳәм Ќутқарыўшы қылып, Ѳзиниң оң тәрепине кѳтерди. 32 Бизлер бул ислердиң гүўасымыз. Сондай-ақ, Ќудайдың Ѳзине бойсынатуғынларға беретуғын Мухаддес Руўхы да буларға гүўа. 33 Жоқарғы кеңес ағзалары буны еситкенде ашыўға минип, елшилерди ѳлтирмекши болды. 34 Бирақ, пүткил халықтың ҳүрметине ийе болған нызам муғаллими Гамалиел атлы бир парисей кеңесте орнынан турып, елшилерди аз-маз ўақытқа сыртқа шығарып турыўды буйырды. 35 Соңынан ол кеңес ағзаларына былай деди: – Израиллылар! Бул адамларға ислейжақ исиңизди абайлап ислеңлер. 36 Себеби буннан бурын ѳзин уллы деп есаплаған Теудас атлы бир адам шыққан еди. Оған тѳрт жүзге шамалас адам қосылды. Бирақ ол ѳлтирилип, изине ергенлердиң ҳәммеси тарқап, жоқ болып кетти. 37 Оннан соң, халықтың есабы алынған күнлерде галилалы Яҳуда шығып, бир топар адамларды изине ертти. Ол да ѳлтирилип, изине ергенлердиң ҳәммеси тарқап кетти. 38 Сонлықтан енди сизлерге айтатуғыным мынаў: бул адамларға тиймеңлер, оларды тынышына қойыңлар. Ѳйткени бул ис-ҳәрекет адамлардан болса, ол иске аспайды. 39 Бирақ Ќудайдан болса, бул адамларды жоқ қыла алмайсызлар. Және де, Ќудайға қарсы урысыўшы болып қалыўыңыз да мүмкин. 40 Кеңес ағзалары Гамалиелдиң мәсләҳәтин қабыл етти де, елшилерди ишке шақыртып, оларды қамшылатты ҳәм Ийсаның аты менен ўаз айтпаўды буйырып, босатып жиберди. 41 Елшилер Ийсаның аты себепли масқараланыўға миясар болғаны ушын жоқарғы кеңестен қуўанышлы түрде шығып кетти. 42 Олар ҳәр күни Ибадатханада ҳәм үйме-үй тәлим бериўин, Ийсаның Масих екени ҳаққында Хош Хабарды жәриялаўын тоқтатқан жоқ.
1 Масихтың шәкиртлериниң саны ѳсип атырған сол күнлерде грекше сѳйлейтуғын исениўши яҳудийлер тәрепинен еврейше сѳйлейтуғын исениўши яҳудийлерге қарсы наразылық пайда болды. Себеби күнделикли жәрдем бѳлистирилгенде, олардың жесирлерине кеўил аўдарылмайтуғын еди. 2 Сонда он еки елши ҳәмме шәкиртлерди бир жерге жыйнап: – Ќудайдың сѳзин жәриялаў исин таслап, дастурхан басында хызмет еткенимиз дурыс болмас. 3 Туўысқанларым! Араңызда жақсы аты шыққан, Мухаддес Руўх пенен даналыққа толған жети адамды таңлаңлар. Оларға усы исти тапсырайық. 4 Ал бизлер ѳзлеримизди дуўа етиўге ҳәм Ќудайдың сѳзин жәриялаўға бағышлайық, – деди. 5 Бул сѳз пүткил жәмәәтке унады. Олар исеними күшли ҳәм Мухаддес Руўхқа толы болған Степанды, және де Филипти, Прохорды, Никанорды, Тимонды, Парменди ҳәм яҳудий динине ѳткен антиохиялы Николасты сайлап, 6 елшилердиң алдында турғызды. Елшилер дуўа етип, олардың үстилерине қолларын қойды. 7 Солай етип, Ќудайдың сѳзи жайылып, Ерусалимдеги шәкиртлердиң саны кѳбейе берди. Руўханийлердиң кѳбиси де елшилердиң тәлимин қабыл алып, исене баслады. 8 Ќудайдың мийрими менен қүдиретине толы болған Степан халық арасында уллы таң қаларлық нәрселер ҳәм кәраматлы белгилер кѳрсететуғын еди. 9 Деген менен, киренели, искендериялы ҳәм Киликия менен Азиядан болған адамлардың «Еркинлер мәжилисханасы» деген мәжилисхананың айырым ағзалары Степанға қарсы шығып, оның менен тартыса баслады. 10 Бирақ ол даналық ҳәм Мухаддес Руўх пенен сѳйлегенликтен, олар қарсы тура алмады. 11 Сонда олар бир неше адамды үгитлеп: «Оның Муўсаға ҳәм Ќудайға тил тийгизгенин еситтик», – деп айтқызды. 12 Солай етип, олар халықты, ақсақалларды ҳәм диний муғаллимлерди ѳшегистирип, бас салып Степанды услады да, оны жоқарғы кеңестиң алдына алып келди. 13 Олар әкелген жалған гүўалар: – Мына адам Ибадатханаға ҳәм Муўсаның Нызамына үзликсиз қарсы сѳйлеп жүр. 14 Бизлер оның: «Насыралы Ийса Ибадатхананы жоқ қылады, Муўсаның бизлерге берген үрп-әдетлерин ѳзгертеди», – дегенин еситтик, – деди. 15 Жоқарғы кеңесте отырғанлардың ҳәммеси Степанның жүзине тигилип қарап, оның жүзиниң периштениң жүзине уқсас екенин кѳрди.
1 Сонда бас руўханий Степаннан: – Усы дурыс па? – деп сорады. 2 Степан былай деп жуўап берди: – Туўысқанларым ҳәм ағаларым, маған қулақ салыңлар! Бабамыз Ибрайым Харанға кѳшип орналаспастан бурын Месопотамияда болған ўақтында уллы Ќудай оған кѳринип: 3 «Елиңди ҳәм ағайин-туўғанларыңды қалдырып, Мен саған кѳрсететуғын елге бар», – деген еди. 4 Солай етип, Ибрайым халдейлилердиң елинен шығып, Харанға орналасты. Єкесиниң ѳлиминен кейин, Ќудай оны сол жерден алып, ҳәзир сизлер жасап атырған бул елге кѳширди. 5 Деген менен, Ќудай бул жерде оған ҳеш қандай мийрас, бир қарыс жер де бермеген еди. Бирақ, сол ўақытта Ибрайымның баласы жоқ болса да, Ќудай бул жерди оған ҳәм оның урпақларына мүлик қылып беретуғынын ўәде еткен еди. 6 Және де, Ќудай оған былай деген еди: «Сениң урпақларың жат жерде жат болып, тѳрт жүз жыл қуллықта жасайды ҳәм зулымлық кѳреди. 7 Бирақ Мен оларды қул еткен халықты жазалайман. Буннан соң, олар сол жерден шығып, Маған бул жерде сыйынады». 8 Соңынан Ќудай Ибрайым менен мухаддес келисим дүзип, сүннетлеў рәсимин оның белгиси қылды. Солай етип, Ибрайым Ысақтың әкеси болып, оны сегизинши күни сүннет етти. Ысақ Яқыптың, Яқып он еки уллы аталарымыздың әкеси болды. 9 Юсупты күнлеген аталарымыз оны Мысырға сатып жиберди. Бирақ Ќудай оның менен бирге болып, 10 барлық қыйыншылықларынан қутқарды. Мысыр патшасы Фараонның алдында оған даналық ҳәм мийрим-шәпәәтлик берди. Фараон оны Мысырдың ҳәм сарайындағы барлық адамлардың үстинен басшы қылып қойды. 11 Соңынан пүткил Мысыр ҳәм Канан еллеринде ашлық болып, үлкен қыйыншылықлар басланды. Ата-бабаларымыз жеўге аўқат таба алмай қалды. 12 Мысырда ғәлле бар екенин еситкен Яқып аталарымызды сол жаққа биринши мәрте жоллады. 13 Олар Мысырға екинши мәрте келгенде, Юсуп туўысқанларына ѳзиниң ким екенин танытты ҳәм Фараонға оның шығысы белгили болды. 14 Юсуп әкеси Яқыпты ҳәм барлығы жетпис бес адамнан ибарат болған ҳәмме ағайин-туўғанларын ѳзине шақыртып алды. 15 Солай етип, Яқып Мысырға кѳшип кетти. Оның ѳзи де, ата-бабаларымыз да сол жерде қайтыс болды. 16 Олардың сүйеги Шикемге алып келинип, Ибрайымның сол жерде Хамордың улларынан гүмис ақшаға сатып алған қәбирине қойылды. 17 Ќудайдың Ибрайымға берген ўәдесиниң орынланатуғын ўақты жақынлағанда, Мысырдағы халқымыздың саны жүдә кѳбейип қалған еди. 18 Сол ўақытта Мысырда Юсупты танымайтуғын басқа бир патша тахтқа отырды. 19 Ол халқымыздан ҳийлекерлик пенен пайдаланып, зулымлық иследи ҳәм олардың жаңа туўылған балаларының тири қалмаўы ушын далаға таслаўға мәжбүрледи. 20 Сол ўақытта Муўса дүньяға келди. Ол жүдә сулыў бала болып, үш ай әкесиниң үйинде бағылды. 21 Ол далаға тасланғанда, оны Фараонның қызы таўып алып, ѳз баласындай қылып тәрбиялап ѳсирди. 22 Муўса мысырлылардың барлық билим тараўларынан тәлим алып, сѳзинде де, исинде де күшли болды. 23 Ол қырық жасқа толғанда, оның кеўлинде ѳз туўысқанлары болған израиллылардың жағдайын барып кѳриў нийети пайда болды. 24 Олардың бирине әдилсизлик исленгенин кѳрген Муўса оны жақлады да, әдилсизлик ислеген мысырлыны ѳлтирип, зулымлық кѳрген адам ушын ѳш алды. 25 Ол: «Ќудайдың мен арқалы ѳзлерин қутқаратуғынын туўысқанларым түсинер», – деп ойлаған еди. Бирақ олар түсинбеди. 26 Ертеңине Муўса тѳбелесип атырған еки израиллыны ушыратып қалғанда, оларды жарастырмақшы болып: – Жигитлер, сизлер туўысқансыз-ғо. Неге бир-бириңизге жәбир берип атырсызлар? – деди. 27 Бирақ, жақынына жәбир берген адам Муўсаны ийтерип жиберип: – Ким сени бизлердиң үстимизден басшы ҳәм қазы қылып қойды? 28 Кеше мысырлыны ѳлтиргениңдей, мени де ѳлтирмекшимисең? – деди. 29 Бул сѳзди еситкенде Муўса Мидиян елине қашып кетип, сол жат жерде жасады. Ол сол жерде еки балалы болды. 30 Ќырық жыл ѳткеннен соң, Синай таўының дѳгерегиндеги шѳлде, жанып турған путаның жалынында Муўсаға бир периште кѳринди. 31 Муўса бул кѳриниске таң қалды. Анықлап кѳриў ушын жақынлағанда, Жаратқан Ийемиздиң: 32 «Мен сениң ата-бабаларыңның Ќудайыман, Ибрайымның, Ысақтың, Яқыптың Ќудайыман», – деген даўысы еситилди. Муўса қорққанынан қалтырап, қараўға жүрексине алмады. 33 Соңынан Жаратқан Ийемиз оған былай деди: «Аяқ кийимиңди шеш! Ѳйткени сен турған жер мухаддес. 34 Мен халқымның Мысырда азап-ақырет шегип атырғанын кѳрдим, оның наласын еситип, оны қутқарыў ушын аспаннан түстим. Енди бар, Мен сени Мысырға жиберемен». 35 Бул: «Ким сени басшы ҳәм қазы қылып қойды?» – деп адамлар тән алмаған – сол Муўса еди. Ќудай оны путада кѳринген периште арқалы басшы ҳәм қутқарыўшы қылып жиберди. 36 Мысырда, Ќызыл теңизде ҳәм қырық жыл бойы шѳлде таң қаларлық нәрселер ҳәм кәраматлы белгилер кѳрсетип, халықты Мысырдан шығарған усы Муўса еди. 37 Израил улларына: «Ќудай сизлерге ѳз туўысқанларыңыздың арасынан мен сыяқлы бир пайғамбарды шығарады», – деген де – усы Муўса еди. 38 Синай таўында ѳзине сѳйлеген периштениң сѳзлерин ата-бабаларымызға жеткизген ҳәм шѳлде жыйналған Израил халқы менен бирге болған да сол еди. Ол бизлерге жеткизиў ушын Ќудайдың тири сѳзлерин алған еди. 39 Бирақ, ата-бабаларымыз оған бойсыныўды қәлемеди ҳәм оны тән алмай, кеўиллери Мысырға аўды. 40 Олар Харонға: «Бизлерди баслап жүретуғын қудайлардың мүсинлерин соғып бер, себеби бизлерди Мысыр елинен шығарған сол Муўсаға не болғанын билмеймиз», – деди. 41 Сол күнлерде олар бузаўдың мүсинин соғып, сол бутқа қурбанлық берди. Олар ѳз қоллары менен соққан бутқа қуўанып, кеўил кѳтеристи. 42 Сонлықтан Ќудай олардан жүзин терис бурып, оларды аспан денелерине табыныўға таслап қойды. Бул пайғамбарлардың китабында жазылғандай болды: «Ҳәй, Израил халқы! Сизлер шѳлде қырық жыл бойы, Маған қурбанлық ҳәм сыйлар бердиңиз бе? 43 Ѳзлериңиз табыныў ушын ислеген бутларды: Молохтың шатырын ҳәм қудайыңыз Рефанның жулдызын кѳтерип жүрдиңлер-ғо. Сонлықтан Мен сизлерди Бабилонның аржағына сүргин қыламан». 44 Ата-бабаларымыздың шѳлде Гүўалық шатыры бар еди. Муўса оны ѳзине сѳйлеген Ќудайдың буйырғанындай, кѳрген үлги бойынша ислеген еди. 45 Шатыр әўладтан-әўладқа ѳтип, ата-бабаларымыз Ешуаның басшылығында Ќудай қуўып жиберген халықлардың жерлерин ийелегенде, оны ѳзлери менен бирге алып жүрди. Шатыр Даўыттың заманына дейин болды. 46 Ќудай алдында мийримге ерискен Даўыт Яқыптың Ќудайы ушын мәкан қурыўға рухсат сорады. 47 Бирақ, Ќудай ушын үй салған Сулайман болды. 48 Деген менен, Ќүдиретли Ќудай адамның қолы менен салынған мәканларда жасамайды. Ол пайғамбар арқалы былай деген еди: 49 «Аспан – Мениң тахтым, Жер – аяқ басарым, Сизлер Маған қандай үй салып бережақсызлар? Мениң дем алатуғын орным қай жерде екен? 50 Булардың ҳәммесин Мениң қолым жаратпады ма?» 51 Ҳәй, ѳжетлер, шын кеўилден Ќудайға бойсынбайтуғынлар, Оның сѳзин тыңламайтуғынлар! Сизлер ата-бабаларыңызға уқсап, Мухаддес Руўхқа бәрқулла қарсы турасызлар. 52 Ата-бабаларыңыз пайғамбарлардың қайсы бирин қуўдаламады? Олар ҳақ Адамның келиўин алдын ала болжағанларды да ѳлтирди-ғо. Сизлер де енди Оған сатқынлық ислеп, Оны ѳлтирдиңлер. 53 Сизлер периштелер арқалы берилген Мухаддес Нызамды алсаңлар да, оны орынламадыңлар! 54 Кеңес ағзалары бул сѳзлерди еситкенде ашыўға минип, Степанға қарсы тислерин қайрады. 55 Ал Мухаддес Руўхқа толған Степан кѳзлерин аспанға тигип, Ќудайдың салтанатын ҳәм Ќудайдың оң тәрепинде турған Ийсаны кѳрди. 56 Сонда ол: – Ќараңлар, аспанның ашылғанын ҳәм Адам Улының Ќудайдың оң тәрепинде турғанын кѳрип турман, – деди. 57 Ал олар қулақларын жаўып, қатты қышқырысты. Ҳәммеси бирден Степанға топылды да, 58 оны қаланың сыртына сүйреп шығарып, оған тас ылақтыра баслады. Гүўалар ѳз кийимлерин Саул атлы бир жас жигиттиң аяғының жанына қойды. 59 Олар тас ылақтырып атырғанда, Степан: «Ийем Ийса, руўхымды қабыл ет», – деп дуўа етти. 60 Соңынан ол дизе бүкти де, бәлент даўыс пенен: «О Ийем, бул гүнаны олардың мойнына жүклеме!» – деди. Усыны айтып болып, ол жан тапсырды.
1 Степанның ѳлтирилиўин Саул да мақуллаған еди. Сол күнниң ѳзинде-ақ, Ерусалимдеги исениўшилер жәмәәтине қарсы күшли қуўдалаў басланды. Елшилерден басқа исениўшилердиң ҳәммеси Яҳудия менен Самария үлкелериниң ҳәмме жерлери бойлап тарқап кетти. 2 Айырым исениўши адамлар Степанды жерлеп, оны қатты азалады. 3 Бирақ Саул исениўшилер жәмәәтине қатты азап берди. Ол үйме-үй кирип, еркек пе, ҳаял ма, ҳәммесин сүйреп шығарып, қамаққа салдырды. 4 Ал тарқалып кеткен исениўшилер ел аралап, Ќудайдың сѳзин жәриялап жүрди. 5 Филип Самарияның бир қаласына келип, ол жердегилерге Масих ҳаққында жәриялады. 6 Филиптиң сѳзин еситкен ҳәм ол кѳрсеткен кәраматлы белгилерди кѳрген халық оның сѳзлерин дыққат пенен тыңлады. 7 Ѳйткени жин урған кѳп адамлардан жаўыз руўхлар қышқырысып шығып, кѳплеген ләң ҳәм ақсақ болғанлар шыпа табатуғын еди. 8 Солай етип, сол қала үлкен қуўанышқа бѳленди. 9 Сол қалада кѳп ўақытлардан бери сыйқыршылық пенен шуғылланатуғын, Самария халқын таң қалдырып киятырған ҳәм ѳзин уллы адам деп есаплайтуғын Симон атлы бир адам бар еди. 10 Ең қарапайым адамлардан баслап ең абырайлы адамларға дейин, ҳәммеси оны дыққат пенен тыңлап: «Онда уллы қүдирет деп аталатуғын Ќудайдың қүдирети бар», – дейтуғын еди. 11 Симон оларды кѳп ўақытлардан бери сыйқыршылық пенен таң қалдырып киятырғанлықтан, оны ҳәмме тыңлайтуғын еди. 12 Бирақ олар Ќудайдың Патшалығы ҳәм Ийса Масихтың аты ҳаққында Хош Хабарды жәриялаған Филиптиң сѳзлерине исенгенде, еркеклер де, ҳаяллар да суўға шомылдырылды. 13 Симонның ѳзи де исенип суўға шомылдырылғаннан соң, Филиптиң жанынан айырылмады. Кѳрсетилген белгилер ҳәм уллы кәраматларды кѳрип, ол таң қалды. 14 Ерусалимдеги елшилер самариялылардың Ќудайдың сѳзин қабыл еткенин еситип, оларға Петр менен Юханды жиберди. 15 Екеўи сол жерге барып, самариялы исениўшилердиң Мухаддес Руўхты алыўы ушын дуўа етти. 16 Себеби еле олардың ҳеш қайсысына Мухаддес Руўх түспеген болып, олар тек Ийемиз Ийсаның аты менен суўға шомылдырылған еди. 17 Петр менен Юхан олардың үстилерине қолларын қойып дуўа еткенде, олар Мухаддес Руўхты алды. 18 Елшилердиң бул қол қойыў ҳәрекети менен Мухаддес Руўх берилгенин кѳрген Симон оларға ақша усынып: 19 – Маған да усындай қүдирет бериңлер, мен кимниң үстине қолларымды қойсам да, ол Мухаддес Руўхты қабыл қылатуғын болсын, – деди. 20 Бирақ Петр оған былай деди: – Ќудайдың сыйын ақшаға сатып алыўды ойлағаның ушын, ақшаң ѳзиң менен бирге қурып кетсин. 21 Бул исте сениң пайың да, үлесиң де жоқ. Ѳйткени кеўлиң Ќудай алдында ҳақ емес. 22 Енди бул жаўыз нийетиң ушын тәўбе етип, Ийемизге жалбарын! Мүмкин, кеўлиңдеги бул нийетти Ол кеширер. 23 Себеби сениң ашшы қызғанышқа толы екениңди ҳәм жаманлықтың шырмаўында екениңди кѳрип турман. 24 Симон жуўап берип: – Мен ушын Ийеңизге сизлер дуўа етиңлер, айтқанларыңыздың ҳеш бири басыма түспесин, – деди. 25 Петр менен Юхан Ийемиздиң сѳзи ҳаққында гүўалық берип айтқаннан соң, Самарияның кѳп аўылларында Хош Хабарды жәриялап, Ерусалимге қайтты. 26 Сонда Ийемиздиң бир периштеси Филипке былай деди: – Орныңнан турып, қубла тәрепке, Ерусалимнен Газаға баратуғын шѳл жолына бар. 27 Филип орнынан турып, жолға шықты. Сол ўақытта Эфиопияның ҳаял патшасы Кандакияның ўәзирлеринен бири, оның барлық қазнасын басқаратуғын бир ақта сыйыныў ушын Ерусалимге барып, 28 сол жол менен қайтып киятыр еди. Ол арбасында Ийшая пайғамбардың китабын оқып отырған еди. 29 Мухаддес Руўх Филипке: – Барып, сол арбаға жақынлас, – деди. 30 Филип жуўырып арбаның қасына барғанда, оның Ийшая пайғамбардың китабын оқып отырғанын еситип: – Не оқып отырғаныңды түсинесең бе? – деп сорады. 31 Эфиопиялы: – Биреў маған жол-жорық кѳрсетпесе, қалай түсине аламан, – деди де, Филиптен арбаға минип отырыўды ѳтиниш етти. 32 Ол Мухаддес Жазыўдың мына жерин оқып отырған еди: «Ол қой сыяқлы баўызланыўға алып барылды, Жүн қырқыўшының алдында қозы қалай үндемей турса, Ол да солай аўзын ашпады. 33 Ол хорланып, әдил ҳүким алыўдан жуда болды. Оның урпақларын ким тилге алады? Ѳйткени Оның бул дүньядағы ѳмири таўсылды». 34 Ўәзир Филиптен: – Ѳтинемен, маған айтшы: пайғамбар ким туўралы айтып атыр? Ѳзи туўралы ма ямаса басқа биреў туўралы ма? – деп сорады. 35 Сонда Филип Мухаддес Жазыўдың усы жеринен баслап, Ийса ҳаққында Хош Хабарды оған айтып берди. 36 Олар жол жүрип киятырғанда, суў бар жерге келди. – Мине, бул жерде суў бар-ғо, суўға шомылдырылыўыма не тосқынлық қылады? – деди ўәзир. 38 Соңынан арбаны тоқтатыўды буйырды. Филип пенен екеўи суўға түсти ҳәм ол Филиптиң қолынан суўға шомылдырылды. 39 Олар суўдан шыққанда, Ийемиздиң Руўхы Филипти бирден алып кетип, ўәзир оны қайтып кѳрмеди. Солай болса да, ол қуўанышлы түрде жолын даўам етти. 40 Ал Филип Азот қаласында пайда болды. Ол Кесарияға барғанша барлық қалаларды аралап, Хош Хабарды жәриялап жүрди.
1 Ал Саул Ийемиздиң шәкиртлерине еле ѳлим қәўпин туўдырып жүрди. Ол бас руўханийге барды да, 2 Дамасктағы мәжилисханаларға хатлар жазып бериўин сорады. Сол жерде Ийсаның жолы менен жүрген еркек болсын, ҳаял болсын, тапса оларды услап, Ерусалимге алып келиў нийетинде еди. 3 Ол жол жүрип Дамаскқа жақынлағанда, тосаттан аспаннан түскен бир нур оның әтирапын жарқыратып жиберди. 4 Саул жерге жығылып: – Саул, Саул, сен неге Мени қуўдалап атырсаң? – деген даўысты еситти. 5 Саул: – Сен кимсең, Ийем? – деп сорады. – Мен – сен қуўдалап атырған Ийсаман. 6 Ал енди орныңнан турып, қалаға бар. Нени ислеў тийис екенлигиң саған айтылады, – деген даўыс еситилди. 7 Саул менен киятырғанлардың тиллери тутылып, тоқтап қалды. Себеби олар даўысты еситсе де, ҳеш кимди кѳрмеген еди. 8 Саул жерден турды. Бирақ кѳзлерин ашқанда, ҳеш нәрсе кѳре алмады. Сонлықтан олар оның қолынан услап, Дамаскқа жетеклеп апарды. 9 Оның кѳзлери үш күн бойы кѳрмей қалып, ҳеш нәрсе ишип жемеди. 10 Дамаскта Ханания атлы Ийсаның шәкирти бар еди. Ийемиз оған кѳринип: – Ханания, – деди. – Усы жердемен, Ийем, – деп жуўап берди ол. 11 Ийемиз оған: – Орныңнан тур да, «Туўры кѳше» деген кѳшеге барып, Яҳуданың үйиндеги Саул атлы бир тарсуслы адамды сора. Ол ҳәзир дуўа етип атыр. 12 Ол ѳзине кѳрсетилген аянда жанына Ханания атлы бир адамның келип, кѳзлериниң қайтадан кѳриўи ушын үстине қолларын қойып дуўа еткенин кѳрген еди, – деди. 13 Ханания жуўап берип: – Ийем! Бул адамның Сениң Ерусалимдеги мухаддеслериңе қанша жаманлық ислегенин мен кѳп адамлардан еситкен едим. 14 Бул жерге де ол Сениң атыңа сыйынатуғынлардың ҳәммесин тутқынға алыў ушын, бас руўханийлерден бийлик алып келген, – деди. 15 Ийемиз оған: – Бар! Ѳйткени Мен бул адамды атымды басқа миллетлерге, патшаларға ҳәм Израил улларына жеткизиў ушын таңладым. 16 Мениң атым ушын қаншама азап шегетуғынын Ѳзим оған кѳрсетемен, – деди. 17 Солай етип, Ханания барды да, сол үйге кирди ҳәм қолларын Саулдың үстине қойып: – Туўысқаным, Саул! Саған киятырған жолыңда кѳринген Ийемиз Ийса кѳзлериңниң ашылып, Мухаддес Руўхқа толыўың ушын мени жиберди, – деди. 18 Сол ўақытта-ақ кѳзлеринен перде түскендей болып, Саул және кѳре баслады. Ол орнынан турып, суўға шомылдырылды ҳәм 19 аўқат жеп, күшке енди. Саул бир неше күн Дамасктағы шәкиртлердиң жанында қалды. 20 Ол дәрҳал Ийсаның Ќудайдың Улы екенлигин мәжилисханаларда жәриялай баслады. 21 Оны еситкенлердиң ҳәммеси таң қалысып: «Мынаў Ерусалимде усы Ийсаның атына сыйынатуғынларды қырған адам емес пе? Ол бул жерге де сондай адамларды тутқын етип, бас руўханийлерге апарыў ушын келген жоқ па еди?» – дести. 22 Бирақ Саул күннен-күнге руўхый күшке толысып барды. Ийсаның Масих екенлиги ҳаққында дәлиллер келтирип, Дамаскта жасайтуғын яҳудийлерди таң қалдыратуғын еди. 23 Арадан кѳп күнлер ѳткенде, яҳудийлер Саулды ѳлтириўге тил бириктирди. 24 Бирақ, олардың бул нийети Саулға белгили болып қалды. Яҳудийлер оны ѳлтириў ушын күни-түни қаланың дәрўазасын аңлыды. 25 Деген менен, Саулдың шәкиртлери бир күни түнде оны себетке салды да, қаланың дийўалынан түсирип жиберди. 26 Саул Ерусалимге келип, сол жердеги шәкиртлерге қосылыўға тырысты. Бирақ оның Ийсаның шәкирти болғанына исенбей, олардың ҳәммеси оннан қорқатуғын еди. 27 Сонда Барнаба оны елшилерге ертип келди. Ол Саулдың жолда Ийемизди қалай кѳргенин, Ийемиздиң оның менен сѳйлескенин ҳәм оның Дамаскта қалай Ийсаның аты менен батыл түрде ўаз айтқанын оларға айтып берди. 28 Солай етип, Саул Ерусалимде олар менен бирге араласып, Ийемиздиң аты менен қорқпастан ўаз айтып жүрди. 29 Ол грекше сѳйлейтуғын яҳудийлер менен сѳйлесип, тартысатуғын еди. Ал олар Саулды ѳлтириўге ҳәрекет етти. 30 Туўысқанлар буны билгенде оны Кесарияға апарып, сол жерден Тарсусқа жиберди. 31 Солай етип, пүткил Яҳудия, Галила ҳәм Самария бойлап исениўшилер тынышлыққа еристи. Ийемизден қорқып жасаған жәмәәт беккемленип, Мухаддес Руўхтың қоллап-қуўатлаўы менен саны ѳсе берди. 32 Сонда Петр ел аралап жүрип, Лиддада жасайтуғын исениўшилерди кѳриўге келди. 33 Ол сол жерде ләң болып сегиз жылдан бери тѳсек тартып жатырған Еней атлы бир адамды кѳрди. 34 Петр оған: – Еней, Ийса Масих саған шыпа береди. Орныңнан турып, тѳсегиңди жыйна, – деди. Еней сол ўақытта-ақ орнынан турды. 35 Лидда ҳәм Шаронда жасайтуғынлардың дерлик ҳәммеси буны кѳрип, Ийемиздиң жолына түсти. 36 Яффада Ийсаның шәкирти болған Тавита атлы бир ҳаял бар еди. Тавита – грекше «Доркас», яғный «кийик» дегенди аңлатады. Ол ҳәмме ўақыт жақсылық ислеп, жарлыларға қайыр-садақа беретуғын еди. 37 Сол күнлери Тавита аўырып, қайтыс болды. Адамлар оның денесин жуўып, жоқарыдағы бѳлмеге қойды. 38 Лидда Яффаға жақын болғанлықтан, Петрдиң сол жерде екенин еситкен шәкиртлер оған еки адамды жиберип: «Тезирек бизлерге кел», – деп ѳтиниш етти. 39 Петр орнынан турып, олар менен бирге кетти. Үйге келгенде, оны жоқарыдағы бѳлмеге алып барды. Барлық жесир ҳаяллар Петрдиң әтирапына жыйналды. Олар жылап турып, Доркастың ѳзлери менен бирге жасаған ўақтында тиккен ишки кийимлери менен кѳйлеклерин оған кѳрсетти. 40 Петр ҳәммени сыртқа шығарып жиберди де, дизе бүгип, дуўа етти. Соңынан ѳлиге бурылып: – Тавита, орныңнан тур! – деди. Ҳаял кѳзлерин ашты да, Петрди кѳрип, тикейип отырды. 41 Петр қолын берип, оны орнынан турғызды. Соңынан исениўшилер менен жесир ҳаялларды шақырды да, тирилген Тавитаны оларға кѳрсетти. 42 Бул ўақыя туўралы хабар пүткил Яффаға мәлим болып, кѳп адамлар Ийемизге исенди. 43 Петр кѳп күн Яффада, Симон атлы тери ийлеўшиниң үйинде қалды.
1 Кесарияда «Италиян» деген әскерий бѳлимниң жүзбасысы болған Корнелий атлы бир адам бар еди. 2 Ол пүткил шаңарағы менен Ќудайдан қорқатуғын, диншил адам еди. Халыққа кѳп жәрдем берип, Ќудайға бәрқулла дуўа ететуғын еди. 3 Бир күни түстен кейин саат үшлер шамасында Ќудайдың бир периштесиниң оған келип: «Корнелий!» деп айтқанын ол бир аянда анық кѳрди. 4 Корнелийди қорқыныш бийлеп, ол кѳзлерин периштеге тикти де: – Неўе, Ийем? – деди. Периште оған жуўап берип: – Еткен дуўаларың менен берген қайыр-садақаларың Ќудайға жетип барды. Ќудай оларды есте сақлады. 5 Енди Яффаға адамларды жиберип, Петр деп аталатуғын Симон деген бир адамды шақырт. 6 Ол үйи теңиз жағасында жайласқан Симон атлы бир тери ийлеўшиниң үйинде қонақта, – деди. 7 Ѳзи менен сѳйлескен периште кеткенде, Корнелий хызметшилеринен екеўин ҳәм ѳз жәрдемшилериниң ишинен бир диншил әскерди шақырды. 8 Оларға ҳәммесин түсиндирип, Яффаға жиберди. 9 Ертеңине саат он екилер шамасында олар жол жүрип қалаға жақынласқанда, Петр дуўа етиў ушын тамның тѳбесине шықты. 10 Ол аш болып, аўқат жегиси келди. Аўқат таярланып атырғанда, айрықша жағдайға түсти. 11 Сонда ол аспанның ашылғанын ҳәм дастурхан сыяқлы бир нәрсениң тѳрт мүйеши асылған ҳалында жерге түсип киятырғанын кѳрди. 12 Оның ишинде ҳәр түрли тѳрт аяқлы жаныўарлар, жер баўырлаўшылар ҳәм аспан қуслары бар еди. 13 Бир даўыс оған: – Петр, тур. Сойып же, – деди. 14 – Яқ, Ийем. Мен ҳеш қашан ҳарам ямаса патас зат жеген емеспен, – деди Петр. 15 Даўыс және екинши рет еситилип, Петрге: – Ќудайдың ҳадаллағанын сен ҳарам деме! – деди. 16 Бул үш мәрте тәкирарланып, дастурхан дәрҳал аспанға кѳтерилип кетти. 17 Кѳрген аянының нени аңлататуғынын ойлап, Петр ҳайран болып турғанда, Корнелий жиберген адамлар Симонның үйин сорап, қапының алдында тоқтап қалды. 18 Олар даўыслап: – Петр деп аталатуғын Симон усы жерде турып атыр ма? – деп сорады. 19 Петр еле аян ҳаққында ойланып турғанда, Мухаддес Руўх оған: – Єне, үш адам сени излеп жүр. 20 Ќәне, орныңнан турып, тѳменге түс. Ҳеш екиленбестен, олар менен бирге кет. Себеби оларды Мен жибердим, – деди. 21 Петр тѳменге түсип, адамларға: – Сизлер излеп жүрген адам мен боламан. Ќандай жумыс пенен келдиңлер? – деди. 22 Олар Петрге: – Корнелий деген ҳақ ҳәм Ќудайдан қорқатуғын, пүткил яҳудийлер ҳүрмет ететуғын бир жүзбасы бар. Оған бир мухаддес периште сени үйине шақыртып, сѳзлериңди тыңлаўды буйырыпты, – деди. 23 Сонда Петр оларды ишке мирәт етип, мийман қылды. Ертеңине Петр турып, олар менен бирге жолға шықты. Яффадағы туўысқанлардың айырымлары да оның менен бирге кетти. 24 Олар келеси күни Кесарияға келди. Корнелий ағайин-туўғанларын ҳәм жақын досларын жыйнап, оларды күтип отырған еди. 25 Петр үйге киргенде, Корнелий оны қарсы алды да, аяқларына жығылып, оған табынды. 26 Бирақ Петр оны турғызып: – Тур, мен де адамман-ғо, – деди. 27 Петр Корнелий менен сѳйлесип ишке киргенде, кѳп адамлардың жыйналып отырғанын кѳрип, 28 оларға былай деди: – Яҳудий адамның басқа миллет адамы менен қарым-қатнаста болып, оған барыўы қадаған екенин билесизлер. Бирақ Ќудай маған ҳеш адамды ҳарам ҳәм иплас демеў кереклигин кѳрсеткен еди. 29 Сонлықтан шақырылғанымда бас тартпай усы жерге келдим. Енди мени не себептен шақырғаныңызды сораўыма бола ма? 30 Корнелий былай деди: – Тѳрт күн алдын усындай ўақытта, түстен кейин саат үште үйде дуўа етип отыр едим. Тосаттан жарқыраған кийимли бир адам алдымда пайда болып, 31 маған: «Корнелий! Ќудай сениң дуўаңды еситип, берген қайыр-садақаларыңды есте сақлады. 32 Яффаға адам жиберип, Петр деп аталатуғын Симонды шақырт. Ол теңиз жағасында жасайтуғын тери ийлеўши Симонның үйинде турып атыр», – деди. 33 Сонлықтан мен сизге дәрриў адам жолладым. Сиз де келип, жақсы қылдыңыз. Енди бизлер ҳәммемиз Ийемиздиң сизге буйырған ҳәр бир нәрсесин тыңлаў ушын Ќудай алдында отырмыз. 34 - 35 Сонда Петр былай деп сѳзин баслады: – Ќудайдың адамларды айырмайтуғынын, бирақ Ѳзинен қорққан ҳәм ҳақ ис ислеўши адамды миллетине қарамай қабыл ететуғынын ҳақыйқаттан түсинип турман. 36 Ќудай Израил халқына Ийса Масих арқалы тынышлық Хош Хабарын жәриялағанын билесизлер. Ийса Масих – ҳәр бир адамның Ийеси. 37 Яқыя суўға шомылдырылыўды жәриялағаннан соң, Галиладан баслап пүткил Яҳудияда болған мына ўақыялардан да хабарыңыз бар: 38 Ќудай Насыралы Ийсаға Мухаддес Руўх ҳәм қүдирет берип, хызметке тайынлады. Ийса ҳәмме жерди айланып жақсылық иследи, шайтанның қол астында болғанлардың ҳәммесине шыпа берди. Ѳйткени Ќудай Оның менен бирге еди. 39 Ийсаның яҳудийлердиң үлкесинде ҳәм Ерусалимде ислеген ислериниң ҳәммесине бизлер гүўамыз. Адамлар Оны атанақ ағашқа шегелеп ѳлтирген еди. 40 Бирақ Ќудай Ийсаны үшинши күни ѳлимнен тирилтти ҳәм Оның адамларға кѳриниўине жол қойды. 41 Ол адамлардың ҳәммесине емес, ал Ќудайдың алдын ала таңлаған гүўаларына, яғный бизлерге, ѳлимнен қайта тирилгеннен кейин Ѳзи менен бирге ишип-жегенлерге кѳринди. 42 Ол Ѳзиниң Ќудай тәрепинен тирилерди ҳәм ѳлилерди ҳүким етиўши болып тайынланғанын халыққа жәриялаўымызды ҳәм бул ҳаққында гүўалық бериўимизди буйырды. 43 Пайғамбарлардың ҳәммеси Ийса ҳаққында гүўалық берип, Оған исенген ҳәр бир адамның гүналары Оның аты менен кеширилетуғынын айтқан еди. 44 Петр еле усы сѳзлерди сѳйлеп турғанда, Ќудайдың сѳзлерин еситкен ҳәр бир адамның үстине Мухаддес Руўх түсти. 45 Петр менен бирге келген исениўши яҳудийлер Мухаддес Руўхтың сыйы басқа миллет адамларының үстилерине де жаўғанына таң қалысты. 46 Себеби олардың басқа тиллерде сѳйлеп, Ќудайды алғыслап турғанын еситти. Сонда Петр: 47 – Булар да анық бизлер сыяқлы Мухаддес Руўхты алды. Олардың суўға шомылдырылыўына ким қадаған ете алады? – деди. 48 Солай етип, Петр олардың Ийса Масихтың аты менен суўға шомылдырылыўын буйырды. Соңынан олар Петрден бир неше күн қалыўын ѳтиниш етти.
1 Елшилер менен Яҳудиядағы туўысқанлар басқа миллетлердиң де Ќудайдың сѳзин қабыл еткенин еситти. 2 Сонлықтан Петр Ерусалимге келгенде, сүннетли исениўшилер оны айыплап: 3 – Сен сүннетсиз адамлардың үйине барып, олар менен бирге ас ишипсең! – деди. 4 Сонда Петр сѳз баслап, болған ўақыяны избе-излик пенен айтып берди: 5 – Мен Яффа қаласында дуўа етип отырған едим. Айрықша жағдайға түсип, бир аян кѳрдим: дастурханға уқсаған бир нәрсе тѳрт мүйеши асылған ҳалында аспаннан түсип, мениң жаныма дейин келди. 6 Кѳзлеримди тигип, дастурханға дыққат пенен қарадым. Дастурханның ишинде жер жүзинде жасаўшы тѳрт аяқлы жаныўарларды, жабайы ҳайўанларды, жер баўырлаўшыларды ҳәм аспан қусларын кѳрдим. 7 Сонда маған бир даўыстың: «Петр, тур. Сойып же», – дегенин еситтим. 8 «Яқ, Ийем! Аўзыма ҳеш қашан ҳарам ямаса патас нәрсе алғаным жоқ», – дедим. 9 Даўыс аспаннан екинши мәрте еситилип: «Ќудайдың ҳадаллағанын сен ҳарам деме!» – деди. 10 Бул үш мәрте тәкирарланды. Соңынан ҳәммеси және аспанға алынды. 11 Тап сол ўақытта Кесариядан маған жиберилген үш адам мен болып атырған үйдиң алдында турған еди. 12 Мухаддес Руўх маған ҳеш екиленбей олар менен кетиўди айтты. Бул алты туўысқанымыз да мениң менен бирге шығып, сол адамның үйине бардық. 13 Ол бизлерге қалайынша бир периштени кѳргенин айтып берди. Периште оның үйинде пайда болып, ѳзине: «Яффаға адам жоллап, Петр деп аталатуғын Симонды шақырт. 14 Ол саған сени ҳәм пүткил хожалығыңды қутқаратуғын сѳзлерди айтады», – депти. 15 Мен сѳйлей баслағаннан-ақ, ең баста бизлердиң үстимизге түскендей, олардың үстилерине де Мухаддес Руўх түсти. 16 Сонда Ийемиздиң мына сѳзлери ядыма түсти: «Яқыя суў менен шомылдырды, ал сизлер Мухаддес Руўх пенен шомылдырыласызлар». 17 Солай етип, Ќудай Ийемиз Ийса Масихқа исенетуғын бизлерге берген сыйын оларға да берсе, Ќудайға қарсы шығатуғындай мен ким болыппан? 18 Бул сѳзлерди еситип, олар тынышланды. Ќудайды алғыслап былай деди: – Демек, Ќудай басқа миллетлерге де тәўбе етип, мәңгилик ѳмирге ийе болыў мүмкиншилигин берипти. 19 Степан ѳлтирилген күннен басланған қуўдалаў себепли тарқалған исениўшилер Феникия, Кипр ҳәм Антиохияға шекем барды. Олар Ќудайдың сѳзин тек яҳудийлерге жәриялайтуғын еди. 20 Бирақ, олардың арасынан кипрлы ҳәм киренели айырым адамлар Антиохияға барып, греклерге де Ийемиз Ийса туўралы Хош Хабарды жәриялап жүрди. 21 Ийемиздиң қүдирети олар менен бирге болғанлықтан, кѳп адамлар исенип, Ийемиздиң жолына түсти. 22 Бул ҳаққында хабар Ерусалимдеги исениўшилердиң жәмәәтине жетип барғанда, олар Барнабаны Антиохияға жиберди. 23 Барнаба сол жерге келгенде, Ќудайдың мийримин кѳрип қуўанды. Олардың ҳәммесине Ийемизге шын кеўилден садық болыңлар, деп ақыл-нәсият берди. 24 Ѳйткени ол Мухаддес Руўхқа толған, исеними күшли, жақсы адам еди. Солай етип, кѳп адамлар Ийемизге алып келинди. 25 Сонда Барнаба Саулды излеў ушын Тарсусқа кетти. 26 Оны таўып, Антиохияға әкелди. Солай етип, Барнаба менен Саул толық бир жыл сол жердеги исениўшилер жәмәәти менен бирге жыйналып, кѳп адамларға тәлим берди. Усы Антиохия қаласындағы шәкиртлер биринши мәрте масихыйлар деп аталды. 27 Сол күнлери Ерусалимнен Антиохияға бир неше пайғамбарлар келди. 28 Олардан Агабус атлы биреўи орнынан турып, пүткил жер жүзинде ашлық болатуғынын Мухаддес Руўхтан илҳамланып, болжап айтты. Бул ашлық Клавдий патшаның заманында болды. 29 Сонда шәкиртлер Яҳудияда жасайтуғын туўысқанларға қолларынан келгенинше ақшалай жәрдем бериўге қарар етти. 30 Олар жыйналған ақшаларды исениўшилер жәмәәтиниң ақсақалларына Барнаба ҳәм Саул арқалы жиберип, усы қарарды орынлады.
1 Сол ўақытта патша Ҳирод исениўшилер жәмәәтиниң гейбир адамларын қуўдалаў ушын тутқынға алды. 2 Ол Юханның туўысқаны Яқыпты қылыш пенен ѳлтиртти. 3 Буның яҳудий басшыларына жаққанын кѳрип, изинен Петрди де услатпақшы болды. Ашытқысыз нан байрамы күнлери еди. 4 Ҳирод Петрди услатып, қамаққа салдырды. Оны қараўыллаўды ҳәр бири тѳрт әскерден ибарат болған тѳрт әскерий топарға тапсырды. Себеби Ќутқарылыў байрамынан соң, оны халықтың алдына шығарыў нийетинде еди. 5 Солай етип, Петр қамаққа алынды. Бирақ исениўшилер жәмәәти ол ушын Ќудайға бар жигери менен дуўа етти. 6 Ҳиродтың Петрди халықтың алдына шығармақшы болған күнинен алдыңғы күни түнде, ол еки әскердиң ортасында қос шынжыр менен байлаўлы ҳалында уйықлап атыр еди. Ќапының аўзында турған қараўыллар да қамақты қараўыллап тур еди. 7 Тосаттан Ийемиздиң бир периштеси пайда болып, қамақтың иши жарқырап кетти. Периште Петрдиң бүйиринен түртип, оны оятты да: – Тез орныңнан тур, – дегенде, Петрдиң қолларындағы шынжырлар шешилип, түсип кетти. 8 Периште оған: – Белиңди буўып, аяқ кийимиңди кий, – деди. Петр усылай иследи. Периште оған: – Шапаныңды кийип, мениң изиме ер, – деди. 9 Петр қамақхана бѳлмесинен шығып, оның изине ерди. Бирақ, периштениң қылып атырған ислериниң оңында болып атырғанын билмей, аян кѳрип турман, деп ойлады. 10 Олар биринши ҳәм екинши қараўыллардан ѳтип, қалаға шығатуғын темир дәрўазаға келди. Дәрўаза оларға ѳз-ѳзинен ашылды. Олар сыртқа шығып бир кѳше ѳткенде, периште бирден Петрдиң жанынан ғайып болды. 11 Сонда ѳзине келген Петр: «Ийемиздиң Ѳз периштесин жиберип, мени Ҳиродтың қолынан ҳәм яҳудий халқының мениң басыма түседи, деп күткен барлық бәлелерден қутқарғанын енди ҳақыйқаттан түсинип турман», – деди. 12 Петр буны түсингеннен соң, Марк деп аталатуғын Юханның анасы Мәриямның үйине кетти. Ол жерде кѳп адамлар жыйналып, дуўа етип отырған еди. 13 Петр сыртқы қапыны қаққанда, Рода атлы бир хызметши қыз ким екенин билиў ушын қапыға келди. 14 Ол Петрдиң даўысын танып, қатты қуўанғанынан қапыны ашпай, қайтадан ишке жуўырып: «Петр қапының алдында тур», – деп хабар берди. 15 «Есиң дурыс па?» – дести оған. Ал қыз сѳзинде турып алғанлықтан, олар: «Бул оның периштеси», – деди. 16 Бирақ Петр қапыны қағыўды даўам етти. Олар қапыны ашып, оны кѳргенде ҳайран қалысты. 17 Петр оларға үндемеўлерин қолы менен ымлап кѳрсетти де, Ийемиздиң оны қамақтан қалай шығарғанын айтып берди. Соңынан: «Бул хабарларды Яқыпқа ҳәм басқа туўысқанларымызға жеткизиңлер», – деп, сол жерден шығып, басқа жаққа кетти. 18 Таң атқанда, Петрге не болғанын түсинбей, әскерлер қатты албырасты. 19 Ҳирод Петрди излетти. Таба алмағаннан соң, қараўылларды сораўға тутып, оларды ѳлтириўди буйырды. Буннан соң, Ҳирод Яҳудиядан Кесарияға кетип, бир қанша ўақыт сол жерде қалды. 20 Ол Тир ҳәм Сидон турғынларына қәҳәрли еди. Сонда олар ѳз ара келисип, Ҳиродқа келди. Патшаның исенимли хызметшиси Бластусты ѳз тәреплерине аўдарып, жарастырыўды сорады. Ѳйткени олардың үлкесиниң азық-аўқаты патшаның үлкесинен ғәрезли еди. 21 Белгиленген күнде патшалық липасларын кийген Ҳирод тахтына отырды да, халыққа сѳз сѳйледи. 22 Сонда халық: «Бул адамның даўысы емес, қудайдың даўысы», – деп бақырысты. 23 Сол ўақытта-ақ Ийемиздиң бир периштеси Ҳиродты урып жиберди. Себеби ол Ќудайға бериў керек болған даңқты ѳзи алған еди. Сонда оның денесин қуртлар кемирип, ол жан тапсырды. 24 Ал Ќудайдың сѳзи жайылып, исениўшилердиң саны арта берди. 25 Тапсырманы орынлаған Барнаба менен Саул Марк деп аталатуғын Юханды ѳзлери менен бирге алып, Ерусалимнен қайтып келди.
1 Антиохиядағы исениўшилер жәмәәтинде пайғамбарлар ҳәм муғаллимлер бар еди. Олар: Барнаба, Негр деп аталатуғын Симон, киренели Лукий, үлке патшасы Ҳирод пенен бирге тәрбияланған Манаим ҳәм Саул. 2 Олар Ийемизге сыйынып, ораза тутып отырғанда, Мухаддес Руўх былай деди: «Мен шақырған ис ушын, Маған Барнаба менен Саулды ажыратып бериңлер». 3 Солай етип, олар ораза тутып, дуўа еткеннен соң, Барнаба менен Саулдың үстине қолларын қойды ҳәм оларды жолға шығарып салды. 4 Мухаддес Руўх тәрепинен жиберилген Барнаба менен Саул Селевкияға барып, сол жерден кеме менен Кипрға жүзип ѳтти. 5 Олар атаўдағы Саламис деген қалаға келип, яҳудийлердиң мәжилисханаларында Ќудайдың сѳзин жәриялады. Марк деп аталатуғын Юхан да олар менен бирге болып, оларға хызмет етип жүрди. 6 Олар пүткил атаўды бастан-аяқ басып ѳтип, Папосқа келди. Сол жерде Барешу атлы сыйқыршы ҳәм жалған пайғамбар болған бир яҳудийди ушыратты. 7 Ол ҳәким Сергий Павелдиң кеңесгѳйи болып, оның менен бирге жүретуғын еди. Ҳәким ақыллы адам болғанлықтан, Барнаба менен Саулды шақыртып, Ќудайдың сѳзин тыңламақшы болды. 8 Бирақ, грек тилинде аты Елимас болған жаңағы сыйқыршы оларға қарсылық кѳрсетип, ҳәкимниң исениўине тосқынлық етиўге тырысты. 9 Сонда Мухаддес Руўхқа толған Саул, яғный Павел кѳзлерин Елимасқа тигип: 10 – Ҳәй, кеўли ҳәр қыйлы ҳийле менен жалғанға толы шайтанның баласы! Сен ҳәр қандай ҳақыйқатлықтың душпанысаң! Ийемиздиң туўры жолларын бурмалаўды қоясаң ба, жоқ па? 11 Мине, енди Ийемиз саған қарсы қолын кѳтерди. Сен соқыр болып қалып, бир қанша ўақыт қуяш жақтысын кѳре алмайтуғын боласаң, – деди. Сол ўақытта-ақ оның кѳзлерин қараңғы түнек қаплады ҳәм ол қолынан услап ѳзин жетелейтуғын адамды излеп, әтирапын сыйпалай баслады. 12 Ҳәким болған ўақыяны кѳрип, исенди. Ѳйткени Ийемиз туўралы тәлийматқа ҳайран қалған еди. 13 Павел менен оның жолдаслары Папостан кемеге минип, Памфилияның Пергия қаласына келди. Ал Юхан оларды қалдырып, Ерусалимге қайтып кетти. 14 Олар Пергиядан жолын даўам етип, Писидияның Антиохия қаласына барды. Дем алыс күни мәжилисханаға кирип отырды. 15 Мухаддес Нызам ҳәм пайғамбарлардың Жазыўларынан оқылғаннан соң, мәжилисхананың басшылары оларға: «Туўысқанлар, халыққа айтатуғын нәсият сѳзлериңиз болса, мәрҳәмат, айтыңлар», – деп хабар жиберди. 16 Павел орнынан турды да, қолы менен ишарат етип былай деди: – Ҳәй, израиллылар ҳәм Ќудайға сыйынатуғын басқа миллет адамлары, тыңлаңлар! 17 Бул Израил халқының Ќудайы бизиң ата-бабаларымызды таңлап, олар Мысыр елинде жат болып жасағанда, оларды үлкен халық қылды. Соңынан Ѳзиниң қүдиретли қолы менен оларды сол жерден алып шықты. 18 Шѳлде шама менен қырық жыл олардың қыңырлығына шыдады. 19 Канан жеринде жети миллетти жоқ қылып, олардың жерин Ѳз халқына мийрас етип берди. 20 Булардың ҳәммеси тѳрт жүз елиў жылдай даўам етти. Соңынан Ќудай Самуел пайғамбардың заманына дейин оларға бийлерди берди. 21 Буннан кейин халық патша сорағанда, Ќудай оларға Бенамин урыўынан болған Кистиң улы Саулды берди. Саул қырық жыл патшалық етти. 22 Ќудай оны тахттан түсиргеннен соң, олардың үстилеринен Даўытты патша етип қойды. Ќудай ол туўралы мынадай гүўалық берди: «Мен кеўлимдегидей бир адамды, Ишай улы Даўытты таптым. Ол Мениң ҳәр бир тилегимди орынлайды». 23 Ќудай Ѳз ўәдеси бойынша оның урпағынан Израилдың Ќутқарыўшысы Ийсаны шығарды. 24 Ийса келместен бурын Яқыя пүткил Израил халқына тәўбе етип суўға шомылдырылыўды жәриялады. 25 Яқыя хызметин тамамлаўға шамаласқанда былай деген еди: «Мени ким деп ойлайсызлар? Мен Масих емеспен. Бирақ Ол меннен кейин келеди. Мен Оның аяқ кийиминиң баўын шешиўге де ылайықлы емеспен». 26 Туўысқанларым, Ибрайымның урпақлары ҳәм Ќудайға сыйынатуғын басқа миллет адамлары! Бул қутқарылыў сѳзлери бизлерге жиберилген. 27 Ерусалимде жасайтуғынлар ҳәм олардың басшылары Ийсаның ким екенин билмеди ҳәм ҳәр дем алыс күни оқылатуғын пайғамбарлардың Ол туўралы жазған сѳзлерин түсинбеди. Сонлықтан олар Ийсаны ҳүким етип, пайғамбарлардың сѳзлерин әмелге асырды. 28 Оннан ѳлим жазасына ылайықлы ҳеш қандай айып таба алмаса да, Пилаттан Оны ѳлтириўди сорады. 29 Ол ҳаққында жазылғанлардың ҳәммесин орынлағаннан соң, олар Оны атанақ ағаштан түсирип, қәбирге қойды. 30 Бирақ, Ќудай Оны ѳлимнен тирилтти. 31 Ийса Ѳзи менен Галиладан Ерусалимге келгенлерге кѳп күнлер даўамында кѳринип жүрди. Енди бул адамлар халық алдында Оның гүўалары болды. 32 Бизлер де сизлерге Ќудайдың ата-бабаларымызға ўәде еткен Хош Хабарын жәриялап атырмыз. 33 Ол Ийсаны тирилтиўи арқалы олардың урпақлары болған бизлер ушын сол ўәдени әмелге асырды. Забурдың екинши жырында былай деп жазылған: «Сен Мениң Улымсаң, Бүгин Мен Саған Єке болдым». 34 Ийсаны ҳеш қашан ширитпей, ѳлимнен қайта тирилтетуғыны ҳаққында Ќудай былай деген: «Мен сизлерге Даўытқа ўәде еткен мухаддес ҳәм ҳақыйқый жарылқаўымды беремен». 35 Сонлықтан басқа бир жерде былай делинген: «Ѳз Мухаддесиңниң шириўине жол қоймайсаң». 36 Даўыт ѳз заманында Ќудайдың ерки бойынша хызмет еткеннен соң кѳз жумып, ѳз ата-бабаларының қасына қойылды ҳәм денеси ширип кетти. 37 Бирақ, Ќудай тирилткен Адамның денеси ширимеди. 38 Солай етип, туўысқанларым, мынаны билип алыңлар: гүналарыңыздың усы Ийса арқалы кеширилетуғыны сизлерге жәрияланып атыр. 39 Муўсаның Нызамы менен сизлер ҳеш бир гүнадан ақлана алмас едиңиз. Бирақ Ийсаға исенген ҳәр бир адам Ол арқалы ақланады. 40 Енди абайлы болыңлар! Пайғамбарлардың айтқан мына сѳзлери басыңызға түспесин: 41 «Ќараңлар, ҳәй, мазақ етиўшилер, Таң қалысып, набыт болыңлар! Себеби Мен сизлер жасаған күнлерде бир ис ислеймен, Оны биреў сизлерге айтып берсе де, исенбес едиңлер». 42 Павел менен Барнаба мәжилисханадан шығып баратырғанда, адамлар олардан келеси дем алыс күни де усылар ҳаққында айтыўын ѳтиниш етти. 43 Мәжилисханадағы халық тарқағанда, яҳудийлер ҳәм яҳудий динине ѳткен Ќудайға сыйынатуғынлардың кѳбиси Павел менен Барнабаға ерип жүрди. Павел менен Барнаба олар менен сѳйлесип, Ќудайдың мийримине сүйенип жасаўды үгит-нәсият етти. 44 Келеси дем алыс күни қала халқының дерлик ҳәммеси Ќудайдың сѳзин тыңлаў ушын жыйналды. 45 Бирақ яҳудийлер сонша халықты кѳрип, қызғанышқа толды. Павелдиң сѳзлерине қарсы шығып, оны мазақ етти. 46 Сонда Павел менен Барнаба батырлық пенен жуўап қайтарып былай деди: – Ќудайдың сѳзин дәслеп сизлерге жәриялаўымыз керек еди. Сизлер оны қабыл алмағанлықтан ҳәм ѳзлериңизди мәңгилик ѳмирге ылайықлы кѳрмегенликтен, бизлер енди басқа миллетлерге кетемиз. 47 Ѳйткени Ийемиз бизлерге былай деп буйырған еди: «Дүньяның ҳәмме жерине қутқарылыў әкелиўиң ушын, Сени басқа миллетлер ушын нур етип қойдым». 48 Басқа миллет адамлары буны еситкенде қуўанып кетип, Ийемиздиң сѳзин алғыслады. Мәңгилик ѳмир ушын таңланғанлардың ҳәммеси исенди. 49 Солай етип, Ийемиздиң сѳзи пүткил үлке бойлап жайылды. 50 Бирақ яҳудийлер Ќудайға сыйынатуғын ҳүрметли ҳаялларды ҳәм қала басшыларын үгитлеп, Павел менен Барнабаға қарсы қойды ҳәм оларды қуўдалатып, үлкеден қуўдырып жиберди. 51 Сонда Павел менен Барнаба оларға қарсы ескертиў ретинде аяқларының шаңын қағып, Иконияға кетти. 52 Ал шәкиртлер қуўанышқа ҳәм Мухаддес Руўхқа толып-таса берди.
1 Иконияда Павел менен Барнаба әдеттегидей яҳудийлердиң мәжилисханасына барып, сондай тәсирли ўаз айтқанлықтан, яҳудийлерден де, греклерден де кѳп адам исенди. 2 Бирақ, исенбейтуғын яҳудийлер басқа миллет адамларын туўысқанларға қарсы ѳшегистирип, олардың ақыл-ойын уўлады. 3 Сонлықтан ол жерде узақ ўақыт қалған Павел менен Барнаба Ийемизге сүйенип, Ќудайдың сѳзин батырлық пенен айтып жүрди. Ийемиз олар арқалы кәраматлы белгилер ҳәм таң қаларлық нәрселерди кѳрсетип, Ѳз мийрими ҳаққында сѳзлерди тастыйықлады. 4 Ќала халқы екиге бѳлинип, гейбиреўлери яҳудийлердиң, гейбиреўлери елшилердиң тәрепине ѳтти. 5 Яҳудийлер менен басқа миллет адамлары ѳз басшылары менен бирликте елшилерге жәбир берип, оларды тас пенен урмақшы болды. 6 Бирақ буны билип қойған Павел менен Барнаба Ликаонияның Листра, Дербе қалаларына ҳәм сол әтирапларға қашып барып, 7 сол жерлерде де Хош Хабарды жәриялаўды даўам етти. 8 Листрада еки аяғы ләң бир адам бар еди. Ол иштен ләң болып туўылып, ҳеш қашан жүрмеген еди. 9 Бул адам Павелдиң сѳзлерин тыңлап отырғанда, Павел оған тигилип қарап, шыпа табатуғынына исеними бар екенин кѳрди де, 10 қатты даўыслап: – Аяқларыңда тик тур, – деди. Сол адам орнынан ушып турды да, жүре баслады. 11 Халық Павелдиң ислеген исин кѳргенде, ликаония тилинде: – Ќудайлар адам пишинине енип, бизлерге келипти, – деп бақырысты. 12 Олар Барнабаны Зевс, Павелди сѳз сѳйлегени ушын Гермес деп атады. 13 Ќаланың сыртында жайласқан Зевс ибадатханасының руўханийи қала дәрўазасына ѳгизлерди ҳәм гүл шеңберлерин алып келди де, халық пенен бирликте елшилерге қурбанлық бермекши болды. 14 Бирақ елшилер – Барнаба менен Павел буны еситкенде кийимлерин жыртып, кѳпшиликтиң арасына ѳзлерин урды да, былай деп бақырды: 15 – Адамлар! Неге бундай ислеп атырсызлар? Бизлер де сизлер сыяқлы адамлармыз-ғо! Сизлердиң бул мәниссиз нәрселерди таслап, аспанды, жерди, теңизди ҳәм олардың ишиндегилердиң ҳәммесин жаратқан тири Ќудайға қайтыўыңыз ушын Хош Хабарды жәриялап атырмыз. 16 Ќудай ѳткен әўладлардың ўақтында барлық миллетлерди ѳз ѳмир жоллары менен жүриўге қалдырды. 17 Соған қарамастан, Ѳзи ҳаққында гүўалық бериўди тоқтатпай, сизлерге жақсылық ислеп келмекте: Ол аспаннан жаўын жаўдырып, жемислерге бай мәўсимлерди береди. Сизлерди азық пенен тойдырып, жүрегиңизди қуўанышқа толтырады. 18 Усы сѳзлер менен, олар ѳзлерине қурбанлық бермеўге халықты зорға дегенде кѳндирди. 19 Бирақ Писидияның Антиохия ҳәм Икония қалаларынан келген айырым яҳудийлер халықты ѳз тәрепине аўдырып, Павелди тас пенен урды. Оны ѳлди деп ойлап, қаланың сыртына сүйреп шығарып таслады. 20 Деген менен, шәкиртлер әтирапына жыйналғанда, Павел ѳзине келип орнынан турды да, қалаға қайтты. Ертеңине ол Барнаба менен бирге Дербеге кетти. 21 Олар Хош Хабарды Дербе қаласында жәриялап, кѳп шәкирт арттырғаннан соң, Писидиядағы Листра, Икония ҳәм Антиохия қалаларына қайтып келди. 22 Жол-жѳнекей шәкиртлердиң жанларына күш-қуўат берип, исенимде беккем турыўды үгит-нәсият етти де: «Ќудайдың Патшалығына кириўимиз ушын, кѳп қыйыншылықлардан ѳтиўимиз тийис», – деди. 23 Павел менен Барнаба ҳәр бир исениўши жәмәәтте ақсақалларды тайынлады. Ораза тутып, дуўа еткеннен соң, оларды ѳзлери бурыннан исенетуғын Ийемиз Ийсаның қолына тапсырды. 24 Соңынан олар Писидия үлкеси арқалы ѳтип, Памфилия үлкесине келди. 25 Пергияда Ќудайдың сѳзин жәриялағаннан соң, Анталияға кетти. 26 Сол жерден кеме менен Антиохияға қайтты. Бул қалада олар ѳзлерине тапсырылған ис ушын ѳзлерин Ќудайдың мийримине бағышлаған еди. Олар сол исти енди орынлады. 27 Ол жерге жеткенде, олар исениўшилер жәмәәтин бир жерге жыйнап, Ќудайдың ѳзлери арқалы нелер ислегенин, басқа миллетлерге исеним қапысын қалай ашқанын билдирди. 28 Олар сол жердеги шәкиртлер менен бирге узақ ўақыт қалды.
1 Яҳудиядан Антиохияға гейбир исениўшилер келип, туўысқанларға: «Егер Муўсаның үрп-әдети бойынша сүннет етилмесеңлер, қутқарыла алмайсызлар», – деп тәлим бере баслады. 2 Павел ҳәм Барнаба олар менен айтысып, қатты тартысып қалды. Ақырында Павел ҳәм Барнабаға, және де олар менен бирге басқа бир неше туўысқанға Ерусалимдеги елшилер менен ақсақалларға барып, усы мәселени шешиў тапсырылды. 3 Солай етип, олар исениўшилер жәмәәти тәрепинен жиберилип, Феникия ҳәм Самария үлкелеринен ѳтти. Жол-жѳнекей басқа миллетлердиң Ийемиздиң жолына түскенин айтып, сол жердеги туўысқанларға үлкен қуўаныш бағышлады. 4 Ерусалимге келгенде, олар исениўшилер жәмәәти, елшилер ҳәм ақсақаллар тәрепинен жақсы қабыл етилди. Ќудайдың ѳзлери арқалы ислеген ҳәмме нәрсесин оларға билдирди. 5 Бирақ, парисейлер арасынан шыққан айырым исениўшилер орынларынан турып: – Исениўши болған басқа миллет адамлары да сүннет етилип, оларға Муўсаның Нызамын орынлаўды буйырыў тийис, – деди. 6 Елшилер менен ақсақаллар бул мәселе бойынша мәсләҳәтлесиў ушын жыйналды. 7 Узақ талқылаўдан соң Петр орнынан турып, оларға былай деди: – Туўысқанлар! Басқа миллетлердиң Хош Хабарды мениң аўзымнан еситип исениўи ушын, Ќудай кѳп ўақыт бурын араңыздан мени таңлағанын билесизлер. 8 Адамның кеўлин билетуғын Ќудай Мухаддес Руўхты бизлерге бергени сыяқлы, басқа миллетлерге де берип, оларды қабыл еткенин кѳрсетти. 9 Ќудай олардың кеўиллерин исенимлери арқалы тазалап, бизлер менен олардың арасына айырмашылық қоймады. 10 Олай болса, енди не ушын ата-бабаларымыз да, ѳзлеримиз де кѳтерип жүре алмаған мойынтырықты шәкиртлердиң мойнына салып, Ќудайды сынап атырсызлар? 11 Олардың Ийемиз Ийсаның мийрими менен қутқарылатуғынындай, бизлер де ѳзлеримиздиң солай қутқарылатуғынымызға исенемиз. 12 Сонда жыйналғанлардың ҳәммеси тынышланып, Барнаба менен Павелди тыңлай баслады. Олар ѳзлери арқалы Ќудайдың басқа миллетлер арасында кѳрсеткен кәраматлы белгилери менен таң қаларлық нәрселери ҳаққында айтып берди. 13 Олар сѳзлерин таўысқаннан соң, Яқып сѳз баслап былай деди: – Туўысқанлар, маған қулақ салыңлар! 14 Басқа миллетлерден Ѳзине тийисли бир халық шығарыў ушын, Ќудай оларға дәслеп қалай мийримлилик кѳрсеткенин Симон Петр баян еткен еди. 15 Пайғамбарлардың сѳзлери де усыған туўры келеди. Былай деп жазылған: 16 «Буннан кейин Мен қайтып келип, Даўыттың қулап қалған үйин қайта қураман. Ќыйралғанларды дүзетип, қайта тиклеймен. 17 Солай етип, қалған адамлар ҳәм Мениң атым менен аталыўшы барлық миллетлер Ийесин – Мени излеп тапсын. 18 Буларды әййемнен билдирген Ийемиз усылай дейди». 19 Сонлықтан, мениң пикиримше, Ќудайдың жолына түскен басқа миллет адамларын қыйнамаўымыз керек. 20 Бирақ, бутларға сойылып ҳарамланған қурбанлық гѳшинен, бузықшылықтан, буўындырылып ѳлтирилген ҳайўанлардың гѳшинен ҳәм қаннан аўлақ болыўларын жазып жибериўимиз тийис. 21 Ѳйткени әййемги ўақытлардан бери Муўсаның Нызамы ҳәр бир қалада жәрияланып киятыр ҳәм ҳәр дем алыс күни мәжилисханаларда оқылмақта. 22 Солай етип, пүткил исениўшилер жәмәәти менен елшилер ҳәм ақсақаллар ѳзлериниң арасынан адамларды сайлап, оларды Павел ҳәм Барнаба менен бирге Антиохияға жибериўге қарар етти. Сайланғанлар: туўысқанлар арасында басшылық етип жүрген Барсаба деп аталатуғын Яҳуда менен Сила еди. 23 Олар арқалы мына хатты жазып жиберди: «Ҳүрметли туўысқанларымыз! Туўысқанларыңыз болған биз, елшилер ҳәм ақсақаллардан, Антиохия, Сирия ҳәм Киликиядағы басқа миллет адамлары болған сиз, туўысқанларға сәлем! 24 Арамыздағы айырым адамлардың сизлерге барғанын ҳәм ѳз сѳзлери менен сизлерди тәшиўишке салып, ақылыңызды ҳайран қылғанын еситтик. Бизлер оларға ҳеш қандай жол-жорық бермеген едик. 25 Сонлықтан арамыздан бир неше адамды сайлап, сүйикли туўысқанларымыз Барнаба ҳәм Павел менен бирликте сизлерге жибериўди бир аўыздан мақул таптық. 26 Булар екеўи Ийемиз Ийса Масихтың аты ушын ѳмирлерин бағышлаған адамлар. 27 Сизлерге және де Яҳуда менен Силаны жиберип атырмыз. Олар бул жазғанларымызды аўызша айтып береди. 28 Себеби Мухаддес Руўх ҳәм бизлер әҳмийетли болған бул қағыйдалардан тысқары сизлерге ҳеш нәрсени жүклемеўди мақул таптық: 29 сизлер бутларға сойылған қурбанлық гѳшинен, қаннан, буўындырылып ѳлтирилген ҳайўанлардың гѳшинен ҳәм бузықшылықтан аўлақ болыңлар. Усылардан сақлансаңлар, жақсы ис қылған боласызлар. Аман болыңлар!» 30 Солай етип, жиберилгенлер жолға шығып, Антиохияға келди. Жәмәәтти бир жерге жыйнап, оларға хатты тапсырды. 31 Исениўшилер хатты оқып, ондағы кеўил кѳтериўши сѳзлерге қуўанды. 32 Пайғамбаршылық сыйын алған Яҳуда менен Сила туўысқанларға кѳп сѳзлер менен ақыл-нәсият айтып, руўхый күш-қуўат берди. 33 Бир қанша ўақыт сол жерде болғаннан соң, туўысқанлар оларды аман-есен шығарып салып, жоллағанларға қайтарды. [ 34 ] 35 Ал Павел менен Барнаба Антиохияда болды. Олар кѳплеген адамлар менен бирликте Ийемиздиң сѳзин үйретип, жәриялап жүрди. 36 Бир қанша ўақыттан соң, Павел Барнабаға: – Енди изимизге қайтып, бизлер Ийемиздиң сѳзин жәриялаған ҳәр бир қаладағы туўысқанларымызға барайық, олардың ҳал-жағдайын кѳрейик, – деди. 37 Барнаба Марк деп аталатуғын Юханды бирге алып жүрмекши болды. 38 Бирақ Павел Памфилияда ѳзлерин таслап кетип, бирликте баслаған исти даўам етпеген Маркты ѳзлери менен бирге алып жүриўди мақул кѳрмеди. 39 Солай етип, олардың арасында кескин түсинбеўшилик болып, бир-биринен бѳлинди. Барнаба Маркты алып, кеме менен Кипрға кетти. 40 Ал Павел Силаны таңлады ҳәм туўысқанлар тәрепинен Ийемиздиң мийримине тапсырылғаннан соң, жолға шықты. 41 Ол Сирия ҳәм Киликия үлкелерин аралап, исениўши жәмәәтлерди беккемлеп жүрди.
1 Павел Дербеге, соңынан Листраға келди. Сол жерде анасы исениўши яҳудий, ал әкеси грек болған Тимофей атлы шәкирт бар еди. 2 Листра ҳәм Икониядағы туўысқанлар ол ҳаққында жақсы пикирде еди. 3 Тимофейди ѳзи менен бирге алып жүриўди қәлеген Павел сол жердеги яҳудийлер себепли, оны сүннет еттирди. Ѳйткени ҳәмме Тимофейдиң әкесиниң грек екенин билетуғын еди. 4 Олар қаладан-қалаға ѳтип, Ерусалимдеги елшилер менен ақсақаллар белгилеген қағыйдаларды исениўшилерге орынлаў ушын тапсырды. 5 Солай етип, исениўши жәмәәтлердиң исеними беккемленип, саны күннен-күнге арта берди. 6 Ќудайдың сѳзин Азия үлкесинде жайыўға Мухаддес Руўх тыйым салғанлықтан, Павел менен оның жолдаслары Фрикия ҳәм Галатия үлкелерин аралап жүрди. 7 Олар Мисияның шегарасына келгенде, Битинияға кирмекши болды, бирақ Ийсаның Руўхы оларға рухсат бермеди. 8 Сонлықтан олар Мисиядан ѳтип, Троас қаласына келди. 9 Сол күни түнде Павел аян кѳрди. Македониялы бир адам оның алдында турып: «Македонияға келип, бизлерге жәрдем бер», – деп ѳтинди. 10 Павел бул аянды кѳргеннен соң, бизлер дәрриў Македонияға барыўдың ҳәрекетин иследик. Себеби Ќудай бизлерди оларға Хош Хабарды жәриялаўға шақырып атыр, деген жуўмаққа келдик. 11 Бизлер Троастан кеме менен шығып, туўры Самотракияға, ертеңине Неаполиске жүзип бардық. 12 Ол жерден Македония үлкесиниң ең баслы қаласы, Римниң қол астында болған Филипке жетип келдик. Бул қалада бир неше күн қалдық. 13 Бизлер бул жерде яҳудийлер дуўа ететуғын орын бар деп ойлап, дем алыс күни қала дәрўазасынан сыртқа, дәрьяның жағасына шықтық. Бизлер отырып, сол жерге жыйналған ҳаялларға сѳйлей басладық. 14 Тыңлаўшылар арасында Тиатира қаласынан келген, қымбат баҳалы гезлемелерди сатыўшы Лидия атлы бир ҳаял бар еди. Ол Ќудайға сыйынатуғын еди. Павелдиң сѳзлерине қулақ салыўы ушын, Ийемиз оның кеўлин ашты. 15 Лидия үй-иши менен бирге суўға шомылдырылғаннан соң, бизлерди үйине мирәт етип: «Мени Ийемизге исенеди, деп есаплайтуғын болсаңлар, келиңлер, үйимде болыңлар», – деп бизлерди кѳндирди. 16 Бир күни бизлер дуўа ететуғын жерге баратырғанымызда, палкерлик пенен шуғылланатуғын жаўыз руўхлы бир шорыға дусластық. Бул қыз палкерлик пенен хожайынларына кѳп пайда келтиретуғын еди. 17 Ол Павел менен бизлердиң изимизге түсип: – Бул адамлар – Ќүдиретли Ќудайдың хызметшилери, олар сизлерге қутқарылыў жолын жәриялап атыр! – деп бақырып жүрди. 18 Бул кѳп күн тәкирарланды. Ақырында Павелдиң жанына тийип, ол арқасына бурылды да, қыздың ишиндеги жаўыз руўхқа: – Ийса Масих аты менен буйыраман: оннан шығып кет! – деди. Жаўыз руўх қыздың ишинен дәрҳал шығып кетти. 19 Шорының хожайынлары пайда кѳриўден үмитлериниң үзилгенин билип, Павел менен Силаны услап алды да, базар майданындағы басшыларға сүйреп апарды. 20 Оларды Рим ҳәкимлериниң алдында турғызып: – Мына яҳудийлер қаламызды астан-кестен етпекте. 21 Биз римлилерге қабыл етиўге де, орынлаўға да болмайтуғын үрп-әдетлерди жәриялап жүр, – дести. 22 Халық та оларға қосылып, елшилерге қарсы шықты. Ҳәкимлер Павел менен Силаның кийимлерин жыртып шештирди де, таяқ пенен сабаўға буйрық берди. 23 Оларды кѳп сабатқаннан соң, қамаққа салдырды ҳәм қамақхана хызметкерине оларды жақсылап қараўыллаўды буйырды. 24 Усындай буйрық алған қамақхана хызметкери оларды қамақхананың ишки бѳлмесине қамап, аяқларын буғаў менен қысып таслады. 25 Түнниң орталарында Павел менен Сила дуўа етип, Ќудайды алғыслайтуғын қосық айтып отырған еди. Басқа тутқынлар да оларды тыңлады. 26 Бирден жер қатты қозғалып, қамақхананың тырнағы силкинди ҳәм сол ўақытта-ақ барлық қапылар ашылып, ҳәммениң шынжырлары шешилип кетти. 27 Уйқыдан оянған қамақхана хызметкери қамақхананың қапыларының ашық екенин кѳрди. Тутқынлар қашып кетти, деп ойлаған ол ѳзин ѳлтирмекши болып, қылышын суўырып алды. 28 Бирақ Павел бәлент даўыс пенен бақырып: – Ѳз жаныңа қастыянлық етпе, ҳәммемиз усы жердемиз, – деди. 29 Ќамақхана хызметкери шыра әкелдирип, ишке жуўырып кирди де, қалтырап, Павел менен Силаның алдына жығылды. 30 Оларды сыртқа шығарып: – Мырзалар, қутқарылыўым ушын не ислеўим керек? – деп сорады. 31 Олар: – Ийемиз Ийсаға исен, сонда сен де, үй-ишиң де қутқарыласыз, – деди. 32 Соңынан олар оның ѳзине ҳәм үйиндегилердиң ҳәммесине Ийемиздиң сѳзин айтты. 33 Ќамақхана хызметкери түнниң сол сәтинде оларды алып кетип, жарақатларын жуўды да, дәрриў ѳзи ҳәм пүткил үй-иши суўға шомылдырылды. 34 Ол Павел менен Силаны үйине әкелип, алдыларына дастурхан жайды. Ќудайға исенгенине пүткил үй-иши менен қуўанды. 35 Таң атқанда, ҳәкимлер: «Сол адамларды босатыңлар», – деген буйрық пенен сақшыларды жоллады. 36 Ќамақхана хызметкери бул сѳзлерди Павелге хабарлап: – Ҳәкимлер сизлерди босатыў ушын адам жоллапты. Енди шығып, аман-есен кете бериңлер, – деди. 37 Бирақ Павел сақшыларға былай деди: – Рим пуқаралары болған бизлерди халық алдында ҳүкимсиз сабап, қамаққа салды. Енди бизлерди жасырын қуўып жибермекши ме? Бул болмайды! Бизлерди ѳзлери келип шығарсын! 38 Сақшылар бул сѳзлерди ҳәкимлерге жеткизип барды. Ҳәкимлер Павел менен Силаның Рим пуқаралары екенин еситкенде қорқып кетти. 39 Келип, кеширим сорады. Соңынан оларды сыртқа шығарып, қаладан кетиўлерин ѳтинди. 40 Павел менен Сила қамақтан шығып, Лидияның үйине барды. Сол жерде туўысқанларды кѳрип, оларды жигерлендиргеннен соң, жолға шықты.
1 Олар Амфиполис ҳәм Аполлониядан ѳтип, Салоникаға келди. Бул жерде яҳудийлердиң бир мәжилисханасы бар еди. 2 Павел ѳз әдети бойынша мәжилисханаға барды. Үш ҳәпте олар менен Мухаддес Жазыўларды талқылады. 3 Масихтың азап шегип, ѳлимнен қайта тирилиўи тийис екенин түсиндирип, дәлиллер келтирди де: – Мен сизлерге жәриялап атырған бул Ийса – Масих, – деди ол. 4 Яҳудийлердиң базылары мақуллап, Павел менен Силаға қосылды. Сондай-ақ, Ќудайға сыйынатуғын греклердиң үлкен топары ҳәм кѳплеген абырайлы ҳаяллар да солай иследи. 5 Бирақ яҳудийлер күншиллик етип, базарда бос жүрген айырым жарамас адамларды жыйнады да, қалада топалаң салды. Павел менен Силаны таўып, оларды халықтың алдына шығарыў ушын, Ясонның үйине топылып кирди. 6 Бирақ оларды таба алмай, Ясон менен басқа гейбир туўысқанларды қала басшыларының алдына сүйреп апарып: – Пүткил дүньяны астан-кестен еткен бул адамлар усы жерге де келипти. 7 Ясон оларды қабыл қылды. Олардың ҳәммеси Ийса деген басқа бир патша бар екенин айтып, Рим патшасы-Ќайсардың пәрманларына қарсы ҳәрекет етип жүр, – деп бақырды. 8 Бул сѳзлерди еситкен халық ҳәм қала басшылары қатты тынышсызланды. 9 Бирақ олар Ясоннан ҳәм басқалардан кепилликке ақша алып, босатып жиберди. 10 Туўысқанлар дәрриў сол түни Павел менен Силаны Верияға жиберди. Олар Верияға келип, яҳудийлердиң мәжилисханасына кирди. 11 Вериядағы яҳудийлер Салоникадағылардан парасатлырақ еди. Олар Ќудайдың сѳзин үлкен қызығыўшылық пенен қабыл етип, Павел менен Силаның айтқан сѳзлериниң дурыс екенин билиў ушын, ҳәр күни Мухаддес Жазыўларды изертлейтуғын еди. 12 Солай етип, яҳудийлердиң кѳбиси ҳәм кѳплеген абырайлы грек ҳаяллары менен ер адамлары исенди. 13 Бирақ Салоникадағы яҳудийлер Павелдиң Верияда да Ќудайдың сѳзин жәриялағанын билгенде, сол жерге де келди ҳәм халықты үгитлеп, қозғалаң салды. 14 Сонда туўысқанлар Павелди дәрҳал теңиз тәрепке жиберди. Ал Сила менен Тимофей Верияда қалды. 15 Павелди шығарып салыўшылар оны Афинаға дейин апарды. Олар Павелден: «Сила менен Тимофей, мүмкин болса, тез маған жетсин», – деген тапсырманы алып, излерине қайтты. 16 Афинада Сила менен Тимофейди күтип жүрген Павел қаланың бутларға толы екенин кѳргенде, қатты қапа болып ашыўланды. 17 Сонлықтан ол мәжилисханадағы яҳудийлер ҳәм Ќудайға сыйынатуғын греклер менен айтысып, ҳәр күни базар майданында ушырасқанлар менен тартысып жүрди. 18 Эпикуршылардың ҳәм стоик ойшылларының гейбиреўлери де оның менен тартыса баслады. Биреўлери: «Мына мылжың не демекши», – десе, айырымлары: «Ол жат қудайлардың хабаршысы болса керек», – деди. Ѳйткени Павел Ийса ҳәм Оның қайта тирилиўи туўралы Хош Хабарды жәриялап жүр еди. 19 Олар Павелди Ареопаг кеңесине алып келип, оған: – Сен жәриялап жүрген бул жаңа тәлийматтың не екенин билиўимизге бола ма? 20 Себеби сен қулағымызға жат нәрселерди айтып атырсаң, булардың не екенин билгимиз келеди, – деди. 21 Пүткил афиналылар ҳәм сол жерде жасайтуғын шет еллилер ўақытларын тек жаңалықлар айтыў ҳәм тыңлаў менен ѳткизетуғын еди. 22 Павел Ареопаг кеңесиниң ортасында турып, былай деди: – Ҳәй, афиналылар! Сизлердиң ҳәр тәреплеме жүдә диншил екениңизди кѳрип турман. 23 Мен айланып жүрип, сизлер табынатуғын орынларды кѳзден кеширгенимде, «Бийтаныс қудайға» деген жазыўы бар, бир қурбанлық шалынатуғын орынды да кѳрдим. Енди ѳзлериңиз билмей сыйынып жүрген усы Ќудай ҳаққында сизлерге жәриялайжақпан. 24 Дүньяны ҳәм оның ишиндегилердиң ҳәммесин жаратқан Ќудай аспан ҳәм жердиң Ийеси болғанлықтан, адамның қолы менен салынған ибадатханаларда жасамайды. 25 Ол бир нәрсеге мүтәждей, Оған адамның қоллары менен хызмет етип болмайды. Ѳйткени ҳәмме адамларға ѳмир, дем ҳәм барлықты Оның Ѳзи береди. 26 Ќудай ҳәмме миллетлерди бир адамнан жаратып, оларды пүткил жер жүзине орналастырды. Олардың жасайтуғын дәўирлери менен мәканларының шегараларын алдын ала белгилеп берген. 27 Буны Ќудай Ѳзин излесин ҳәм қармаланып болса да тапсын, деп иследи. Деген менен, Ол ҳеш биримизден алыс емес. 28 Себеби сизлердиң шайырларыңыздың гейбиреўлери: «Бизлер Оның урпағымыз», – деп айтқанындай, бизлер Ол арқалы жасаймыз, ҳәрекет етемиз ҳәм бармыз. 29 Бизлер енди Ќудайдың урпағы болғанымыз себепли, Ќудай адамның ѳнери ҳәм ақыл-ойы менен дѳретилген алтын, гүмис ямаса тас мүсинге уқсас деп ойламаңлар. 30 Ѳткен наданлық дәўирлерде Ќудай дыққат аўдармаған болса да, енди ҳәр бир жерде ҳәр бир адамның тәўбе етиўин буйырмақта. 31 Ѳйткени Ол бул дүньяны Ѳзи таңлаған Адамы арқалы әдиллик пенен ҳүким ететуғын күнди белгилеп қойыпты. Буны сол Адамды ѳлимнен қайта тирилтип, ҳәр бир адамға дәлилледи. 32 Ѳлимнен қайта тирилиў ҳаққында еситкенде, кимиси мазақ етип күлди, кимиси: «Бул ҳаққында сени басқа сапар тыңлағымыз келеди», – деди. 33 Соңынан Павел олардың арасынан шығып кетти. 34 Ал гейбир адамлар оған қосылып, исенди. Олардың арасында Ареопаг кеңесиниң ағзасы болған Дионисий, Дамарис атлы бир ҳаял ҳәм және басқалар бар еди.
1 Буннан соң, Павел Афинадан шығып, Коринфке келди. 2 Сол жерде Акила атлы, понтлы бир яҳудийге дусласты. Акила ҳаялы Прискила менен жақында Италиядан келген еди. Себеби Клавдий патша барлық яҳудийлердиң Римнен шығып кетиўин буйырған еди. Павел оларға барды да, 3 кәсиплес болғанлықтан олар менен бирге қалып, жумыс иследи. Олардың кәсиби – шатыр соғыў еди. 4 Павел ҳәр дем алыс күни мәжилисханада айтысып, яҳудийлерди ҳәм греклерди исендириўге ҳәрекет етти. 5 Сила менен Тимофей Македониядан келгенде, Павел ѳзин Ќудайдың сѳзин жәриялаўға ҳәм яҳудийлерге Ийсаның Масих екени ҳаққында гүўалық бериўге толық бағышлады. 6 Бирақ яҳудийлер қарсы шығып, оны масқаралағанда, Павел кийиминиң шаңын қағып, оларға былай деди: – Ѳз обалыңыз ѳзиңизге! Мен жуўапкершиликтен азатпан. Буннан былай, басқа миллетлерге кетемен. 7 Павел сол жерден шығып, Ќудайға сыйынатуғын Титус Юстус атлы бир адамның үйине келди. Оның үйи мәжилисханаға иргелес еди. 8 Мәжилисхана басшысы болған Криспус пүткил үй-иши менен Ийемизге исенди. Павелди тыңлаған коринфлилердиң кѳбиси де исенип, суўға шомылдырылды. 9 Бир күни түнде Ийемиз Павелге аян кѳрсетип: «Ќорқпа, үнсиз қалмай, сѳйлей бер! 10 Мен сениң менен биргемен, жаманлық ислеў ушын саған ҳеш ким қол тийгизе алмайды. Ѳйткени бул қалада Мениң адамларым кѳп», – деди. 11 Солай етип, Павел ол жерде бир ярым жыл қалды ҳәм халыққа Ќудайдың сѳзин үйретиўин даўам етти. 12 Галио Ахая үлкесиниң ҳәкими болған ўақытта яҳудийлер биригип, Павелге қарсы шықты. Оны қазыханаға алып барып: 13 – Мына адам халықты үгитлеп, Ќудайға сыйыныўды бизлердиң нызамымызға қайшы келетуғын жол менен үйретип жүр, – деди. 14 Павел енди сѳзин басламақшы болғанда, Галио яҳудийлерге былай деди: – Ҳәй, яҳудийлер! Егер бир нызамсызлық ямаса бир аўыр жынаят исленген болса, мен сизлерди сабырлылық пенен тыңлар едим. 15 Бирақ, сѳзлерге, атларға ҳәм ѳзлериңиздиң нызамыңызға байланыслы мәселелер болса, ѳзлериңиз шешиңлер. Мен бундай нәрселерге қазылық етким келмейди. 16 Солай етип, Галио оларды қазыханадан қуўып жиберди. 17 Сонда олардың ҳәммеси мәжилисхананың басшысы Состенисти услап алып, қазыхананың алдында сабап таслады. Ал Галио буларға кеўил де аўдарған жоқ. 18 Павел сол жерде және бир неше күн болғаннан соң, туўысқанлар менен хошласты. Прискила ҳәм Акила менен бирге Сирияға барыў ушын кемеге минди. Ќудайға ант бергенликтен, Павел Кенхреяда шашын қыйдырып таслады. 19 Ефеске келгенде, Прискила менен Акиланы сол жерде қалдырып, ѳзи мәжилисханаға барды да, яҳудийлер менен айтыса баслады. 20 Олар кѳбирек ўақыт қалыўын ѳтиниш етсе де, Павел қайылшылық бермеди. 21 Бирақ олар менен хошласып атырып: – Ќудай қәлесе, сизлерге және қайтып келемен, – деди. Соңынан кеме менен Ефестен жѳнеп кетти. 22 Ол Кесарияда кемеден түсип, Ерусалимге кетти ҳәм сол жердеги исениўшилер жәмәәтине сәлем бергеннен соң, Антиохияға барды. 23 Антиохияда бир неше ўақыт қалғаннан соң, Павел жолға шықты. Тәртип бойынша Галатия ҳәм Фрикия үлкелерин аралап, ҳәмме шәкиртлерге руўхый күш-қуўат берип жүрди. 24 Сол ўақытта негизи искендериялы болған Аполос атлы бир яҳудий Ефеске келди. Ол Мухаддес Жазыўларды жүдә жақсы билетуғын, сѳзге шешен адам еди. 25 Ийемиздиң жолында тәлим алған ол жалынлы руўх пенен сѳйлеп, Ийса ҳаққында дурыс үйрететуғын еди. Бирақ ол тек Яқыяның суўға шомылдырыўын ғана билетуғын еди. 26 Аполос мәжилисханада батыллық пенен сѳйлей баслады. Буны Прискила менен Акила еситкенде, оны үйине апарып, Ќудайдың жолын анығырақ түсиндирип берди. 27 Аполос Ахаяға кетпекши болғанда, туўысқанларымыз оны қоллап қуўатлады. Сол жердеги шәкиртлердиң оны қабыл қылыўы ушын хат жазып берди. Аполос сол жерге жетип барып, Ќудайдың мийрими менен исенгенлерге кѳп жәрдем берди. 28 Себеби ол Ийсаның Масих екенин Мухаддес Жазыўлар арқалы дәлиллеп, яҳудийлерди халық алдында күшли түрде әшкаралады.
1 Аполос Коринфте болғанда, Павел таўлы үлкелерден ѳтип, Ефеске келди. Ол жерде айырым шәкиртлер менен ушырасып, 2 олардан: – Исенген ўақтыңызда Мухаддес Руўхты алдыңыз ба? – деп сорады. – Мухаддес Руўхтың бар екенин бизлер ҳеш еситпедик де, – деп жуўап берди олар. 3 – Олай болса, қандай шомылдырыў менен шомылдырылдыңлар? – деп сорады Павел. – Яқыяның тәлимине тийкарланып, суўға шомылдырылдық, – деди олар. 4 Павел былай деди: – Яқыя халықты тәўбе еттирип ҳәм суўға шомылдырып, оларға ѳзинен соң Келетуғынға, яғный Ийсаға исениўди айтқан еди. 5 Олар буны еситкенде, Ийемиз Ийсаның аты менен суўға шомылдырылды. 6 Павел олардың үстилерине қолларын қойып дуўа еткенде, оларға Мухаддес Руўх түсти ҳәм олар басқа тиллерде сѳйлеп, Ќудайдың сѳзлерин айта баслады. 7 Олар барлығы болып шама менен он еки адам еди. 8 Павел мәжилисханаға барды. Ол сол жерде үш ай даўамында Ќудайдың Патшалығы туўралы тәлим берди ҳәм оларды исендириўге тырысып, батыллық пенен сѳйледи. 9 Бирақ, гейбиреўлери қасарысып исенбеди ҳәм Ийсаның жолын халық алдында жаманлай баслады. Сонлықтан Павел оларды қалдырып, шәкиртлерди ѳзи менен бирге алды да, ҳәр күни Тиранустың мектебинде тәлим бериўин даўам етти. 10 Бул аўҳал еки жылға созылды. Солай етип, яҳудий болсын, грек болсын, Азия үлкесинде жасаған ҳәр бир адам Ийемиздиң сѳзин еситти. 11 Ќудай Павел арқалы таң қаларлық кәраматлар иследи. 12 Ҳәтте, Павелдиң денесине тийген бет орамаллар ямаса алжапқышлар наўқасларға қойылғанда, олар дәртлеринен азат болып, ишлеринен жаўыз руўхлар шығатуғын еди. 13 Ел аралап, жаўыз руўхларды қуўып жүрген гейбир яҳудий дуўаханлар да жаўыз руўх урған адамларға Ийемиз Ийсаның атын қоллана баслады. Олар: «Павел жәриялап жүрген Ийсаның аты менен буйырамыз, шығып кет!» – дейтуғын еди. 14 Бас руўханий Скева атлы бир яҳудийдиң жети улы да усылай ислеп жүрген еди. 15 Бирақ жаўыз руўх оларға: – Ийсаны билемен, Павелди таныйман, ал сизлер кимсиз? – деп жуўап берди де, 16 жаўыз руўх урған адам оларға тәп берип жығып, олардан үстин шықты. Олар үйден жарадар ҳәм жалаңаш болып қашып кетти. 17 Бул хабар Ефесте жасайтуғын барлық яҳудийлер менен греклерге жетип барды. Ҳәммесин қорқыныш бийлеп, Ийемиз Ийсаның аты үлкен ҳүрметке еристи. 18 Исенгенлердиң кѳбиси келип, ислеген жаман ислерин ашық мойынлады. 19 Сыйқыршылық пенен шуғылланатуғын кѳп адамлар да китапларын жыйнап, ҳәммениң кѳз алдында жағып жиберди. Китаплардың баҳасын есаплағанда, елиў мың драхма болды. 20 Солай етип, Ийемиздиң сѳзи қүдирет пенен жайылып, тәсири артып барды. 21 Бул ўақыялардан соң, Павел Македония ҳәм Ахая үлкелеринен ѳтип, Ерусалимге барыўға қарар етти. «Ол жерге барғанымнан соң, Римди де кѳриўим керек», – деди ол. 22 Сонлықтан ѳзи бир неше ўақыт Азия үлкесинде қалып, жәрдемшилеринен екеўин – Тимофей менен Ерастусты Македонияға жиберди. 23 Сол ўақытлары Ийемиз Ийсаның жолына қарсы күшли кѳтерилис пайда болды. 24 Димитрий атлы бир зергер гүмистен Артемида ибадатханасының кишкене үлгилерин соғып, ѳз ѳнерментшилерине кѳп пайда келтиретуғын еди. 25 Димитрий ѳз ѳнерментшилери менен ѳзиндей зергерлерди бир жерге жыйнап, оларға былай деди: – Дослар, усы кәсибимиз арқалы кѳп пайда алатуғынымызды билесизлер. 26 Бирақ Павел деген мына бир адамның қолдан соғылған қудайлардың ҳақыйқый қудайлар емес екенин айтып, тек Ефесте емес, ал пүткил Азияда кѳп санлы адамларды үгитлеп азғырғанын кѳрип ҳәм еситип атырсызлар. 27 Бул бизлердиң ѳнеримиздиң қәдирине қәўип туўдырып қоймай, ал уллы ҳаял қудай Артемиданың ибадатханасының арзымайтуғын нәрсеге айланып, пүткил Азия үлкеси менен пүткил дүнья сыйынатуғын ҳаял қудайды уллылығынан айырыў қәўпи бар. 28 Олар буны еситкенде, қатты ғәзепленип: «Ефеслилердиң Артемидасы уллы!» – деп бақыра баслады. 29 Пүткил қала тәртипсизликке толып кетти. Адамлар Павелдиң жолдаслары македониялы Гаюс пенен Аристархты услап алып, ҳәммеси бирликте тамаша майданына қарай умтылды. 30 Павел халықтың арасына бармақшы болды, бирақ шәкиртлер оған жол қоймады. 31 Павелдиң дослары болған Азия үлкесиниң айырым басшылары да оған хабар жоллап, тамаша майданында кѳринбеўин ѳтинди. 32 Жыйналғанлардың бири анаў, бири мынаў деп бақырысып, жыйналыс бийтәртип болды. Кѳбиси не ушын жыйналғанын да билмейтуғын еди. 33 Яҳудийлер Искендер атлы бир адамды ийтерип ортаға шығарғанлықтан, айырым адамлар болған ўақыя ушын оны айыпкер деп шешти. Искендер қолы менен ишарат етип, ѳзин халық алдында қорғамақшы болды. 34 Бирақ халық оның яҳудий екенин билгенде, ҳәммеси бир аўыздан шама менен еки сааттай: «Ефеслилердиң Артемидасы уллы!» – деп бақырып турды. 35 Ќала хаткери халықты тынышландырып былай деди: – Ефеслилер! Уллы Артемиданың аспаннан түскен мүсининиң ҳәм оның ибадатханасының қорғаўшысы – Ефес қаласы екенин ким билмейди? 36 Буларды ҳеш ким бийкарлай алмайды. Соның ушын тынышланып, ойланып ис тутыўыңыз керек. 37 Сизлердиң бул жерге әкелген адамларыңыз ибадатхананы да тонамаған, ҳаял қудайымызға да тил тийгизбеген. 38 Сонлықтан Димитрийдиң ҳәм оның ѳнерментши жолдасларының биреўге қарсы қандай да бир шағымы бар болса, қазыханалар ашық, қазылар да бар. Бир-бириниң үстинен сол жерде шағым етсин. 39 Ал егер тағы басқа мәселе болса, ол рәсмий жыйналыста шешилиўи тийис. 40 Бүгинги болған ўақыялар себепли айыпланыў қәўпиндемиз. Бундай топалаңды ақлай алыўға бизлерде себеп те жоқ. 41 Ол усы сѳзлерди айтып, жыйналғанларды тарқатып жиберди.
1 Ефестеги топалаң басылғаннан кейин, Павел шәкиртлерди шақыртып жигерлендирди. Соңынан олар менен хошласып, Македонияға кетиў ушын жолға шықты. 2 Ол жол-жѳнекей үлкелерди аралағанда, исениўшилерди кѳп сѳзлер менен жигерлендирип, Грецияға келди. 3 Ол жерде үш ай қалды. Кеме менен Сирияға кетпекши болғанда, яҳудийлер ѳзине қарсы тил бириктиргенликтен, Македония арқалы изине қайтыўға қарар етти. 4 Пир улы вериялы Сопатер, салоникалылардан Аристарх пенен Секундус, дербели Гаюс ҳәм Тимофей, Азия үлкесинен Тихик пенен Трофим оның менен бирге кетти. 5 Булар бурын кетип, бизлерди Троас қаласында күтип турды. 6 Ал бизлер Ашытқысыз нан байрамынан соң, Филиптен кеме менен жолға шығып, бес күнде оларға, Троасқа жетип келдик. Ол жерде жети күн болдық. 7 Ҳәптениң биринши күни нан сындырыў ушын бир жерге жыйналғанымызда, Павел исениўшилерге сѳз сѳйледи. Ертеңине кететуғын болғанлықтан, оның ўазы ярым ақшамға дейин созылды. 8 Бизлер жыйналған жоқарғы қабаттағы бѳлмеде кѳп шыралар жанып турған еди. 9 Евтих атлы бир жас жигит әйнекке минип отыр еди. Павелдиң сѳзи созылып кеткенликтен, Евтихты уйқы басты. Ол уйықлап кетип, үшинши қабаттан қулап түсти. Оны жерден кѳтерип алғанда, ол ѳлип қалған еди. 10 Павел тѳменге түсип, жигиттиң үстине еңкейди де, оның еңсесинен кѳтерип: «Уўайымламай-ақ қойың, оның жаны бар!» – деди. 11 Соңынан жоқарыға кѳтерилип, нан сындырып жеди. Олар менен таң атқанша кѳп сѳйлескеннен соң, жолға шықты. 12 Жигитти үйине тири апарып, исениўшилер үлкен жубаныш алды. 13 Бизлер бурынырақ кеме менен кетип, Асос қаласына бардық. Ол жерден Павелди мингизип алыўымыз керек еди. Ѳйткени оның ѳзи пияда жүргиси келгенликтен, бизлерге усылай тапсырған еди. 14 Павел менен Асоста ушырасып, оны кемеге мингиздик те, Митилина қаласына бардық. 15 Ол жерден кеме менен жолға шығып, ертеңине Хиос атаўының қарсысына келдик. Бир күннен соң Самос атаўына, оның ертеңине Милит қаласына бардық. 16 Азия үлкесинде ўақытты босқа жибермеў ушын, Павел Ефеске бармай ѳтиўди уйғарды. Егер мүмкин болса, ол Елиўинши күни байрамында Ерусалимде болыўға асықпақта еди. 17 Павел Милиттен Ефеске адам жиберип, исениўшилер жәмәәтиниң ақсақалларын жанына шақыртты. 18 Олар жанына келгенде, Павел былай деди: – Азия үлкесине қәдем басқан дәслепки күнимнен баслап, сизлер менен бирге болған ўақтымның ҳәммесинде қалай жасағанымды билесизлер. 19 Яҳудийлердиң қастыяншылықлары себепли басымнан ѳткен қыйыншылықларға қарамастан, Ийемизге толық кишипейиллик пенен, сизлер ушын кѳз жасларымды тѳгип хызмет еттим. 20 Және де, пайдалы болған ҳәр қандай нәрсени қалдырмай, сизлерге халық алдында ҳәм үйлерде тәлим бериўди тоқтатпадым. 21 Яҳудийлерге де, греклерге де тәўбе етип Ќудайға қайтыўды ҳәм Ийемиз Ийсаға исениўди жәрияладым. 22 Ал енди болса, Мухаддес Руўхтың жетелеўи менен Ерусалимге баратырман. Ол жерде маған не болатуғынын билмеймен. 23 Бирақ Мухаддес Руўх мени қамақ ҳәм қыйыншылықлар күтип турғанын маған ҳәр бир қалада билдирип атыр. 24 Буған қарамастан, мен ѳз жанымды аямайман. Тек ѳз бәйгимди басып ѳтип, Ќудайдың мийриминиң Хош Хабары туўралы гүўалық бериўди, яғный Ийемиз Ийсаның маған тапсырған исин жуўмақласам болғаны. 25 Мен араңызда жүрип, Ќудайдың Патшалығы ҳаққында жәрияладым. Енди болса, сизлердиң ҳеш қайсысыңыздың мениң жүзимди қайтып кѳрмейтуғынын билемен. 26 Сонлықтан бүгин сизлерге мынаны ашық айтаман, ким де ким араңызда қутқарылмаса, мен ол ушын жуўапкер емеспен. 27 Себеби сизлерге Ќудайдың пүткил еркин толық жәрияладым. 28 Ѳзлериңизге ҳәм Мухаддес Руўх сизлерди бағыўшы қылып қойған пүткил сүриўге кѳз-қулақ болыңлар! Ќудайдың Ѳз Улының қаны менен сатып алған исениўшилер жәмәәтин бағыңлар! 29 Мен кеткеннен соң, сүриўди аямайтуғын жыртқыш қасқырлардың араңызға киретуғынын билемен. 30 Ҳәтте, араңыздан шәкиртлерди жолдан азғырып, ѳзлериниң излерине ертиў ушын, ҳақыйқатты бурмалаўшы адамлар шығады. 31 Сонлықтан сергек болыңлар! Үш жыл бойы, күн-түн демей кѳз жасларымды тѳгип, ҳәр бириңизге үзликсиз ақыл-нәсият бергенимди еслериңизде сақлаңлар! 32 Енди мен сизлерди Ќудайға ҳәм Оның мийримин билдиретуғын сѳзге тапсыраман. Бул сѳз сизлерди беккемлеп, Ќудайдың мухаддес болған пүткил адамлары менен бирге сизлерге де мийрас бериўге қүдирети жетеди. 33 Мен ҳеш кимниң гүмисин, алтынын ямаса кийимин күсемедим. 34 Ѳзимниң ҳәм мениң менен бирге болғанлардың мүтәжликлери ушын усы қолларым менен мийнет еткенимди билесизлер. 35 Ийемиз Ийсаның: «Алған адамнан гѳре, берген адам бахытлырақ», – деген сѳзин умытпай, усылай мийнет етип, ҳәлсизлерге жәрдем бериў кереклигин сизлерге ислеген ҳәр бир исимде кѳрсеттим. 36 Павел усы сѳзлерди айтып болғаннан соң, олардың ҳәммеси менен бирге дизе бүгип, дуўа етти. 37 Олардың ҳәммеси қатты жыласты ҳәм Павелдиң мойнынан қушақлап, оны сүйди. 38 Єсиресе оларды қатты қапа қылған, Павелдиң: «Мениң жүзимди қайтып кѳрмейсиз», – деген сѳзлери болды. Соңынан оны кемеге дейин шығарып салды.
1 Олар менен хошласқанымыздан кейин, кеме менен жүзип, туўры Кос атаўына кеттик. Ертеңине Родос атаўына, ол жерден Патара қаласына келдик. 2 Сол жерден Феникияға баратуғын кемени таўып миндик те, жүзип кеттик. 3 Кипр кѳрингенде, оның қубла тәрепинен ѳтип, Сирияға қарай жол алдық. Кеме Тир қаласында жүгин түсириў керек болғанлықтан, сол жерде тоқтадық. 4 Ол жерде шәкиртлерди излеп таўып, олар менен бирге жети күн қалдық. Шәкиртлер Мухаддес Руўхтың билдириўи менен, Павелден Ерусалимге бармаўды ѳтинди. 5 Бирақ кететуғын ўақтымыз болғанда шығып, жолымызды даўам еттик. Ҳәмме исениўшилер ҳаял ҳәм бала-шағалары менен бирге бизлерди қаланың сыртына дейин шығарып салды. Теңиздиң жағасында дизе бүгип, дуўа еттик. 6 Бир-биримиз бенен хошласқанымыздан соң, кемеге миндик. Ал олар үйлерине қайтты. 7 Тирден жолымызды даўам етип, Птолемайда қаласына келдик. Ол жердеги туўысқанларымыз бенен кѳрисип, олардың жанында бир күн қалдық. 8 Ертеңине шығып, Кесарияға келдик. Сайланған жети хызметшиниң бири болған, Хош Хабар жәриялаўшы Филиптиң үйине барып, оның менен қалдық. 9 Бул адамның пайғамбаршылық ететуғын, турмысқа шықпаған тѳрт қызы бар еди. 10 Сол жерде бир талай күн болғанымыздан соң, Яҳудиядан Агабус атлы бир пайғамбар келди. 11 Ол бизлерге келип, Павелдиң белбеўин алды да, оның менен ѳзиниң аяқ-қолларын байлап: – Мухаддес Руўх былай дейди: «Яҳудийлер бул белбеўдиң ийесин Ерусалимде усылай етип байлап, басқа миллет адамларына услап береди», – деди. 12 Бул сѳзлерди еситип, бизлер ҳәм сол жердеги адамлар Павелден Ерусалимге бармаўын ѳтиндик. 13 Сонда Павел былай деп жуўап берди: – Не ислеп атырсызлар? Неге жыласып, жүрегимди езип атырсызлар? Мен Ийемиз Ийсаның аты ушын Ерусалимде тек аяқ-қолымды байлатыўға емес, ал ѳлиўге де таярман. 14 Павелди кѳндире алмағанлықтан: «Ийемиздиң қәлегени болсын», – деп қайтып үндемедик. 15 Сол күнлерден соң жолға таярланып, Ерусалимге келдик. 16 Кесариядағы шәкиртлердиң айырымлары да бизлер менен бирге келди. Олар бизлерди жасап турыў ушын дәслепки шәкиртлердиң бири болған, кипрлы Минасонның үйине алып барды. Бизлер сол үйде болдық. 17 Ерусалимге келгенимизде, туўысқанларымыз бизлерди қуўанышлы түрде қарсы алды. 18 Ертеңине бизлер Павел менен бирге Яқыпты кѳриўге бардық. Ақсақаллардың ҳәммеси де сол жерге жыйналған еди. 19 Павел олардан ҳал-аўҳал сорағаннан кейин, ѳз хызмети арқалы Ќудайдың басқа миллетлер арасында ислеген ислерин бирим-бирим айтып берди. 20 Олар буны еситип, Ќудайды алғыслады да, Павелге былай деди: – Туўысқанымыз Павел! Ѳзиң кѳрип турсаң, яҳудийлер арасында Ийемизге исениўши кѳп мыңлаған адамлар бар. Олардың ҳәммеси Мухаддес Нызамға жүдә инталы. 21 Олардың алған хабарына қарағанда, сен басқа миллетлер арасында жасайтуғын барлық яҳудийлерге балаларын сүннет етпеўлерин ҳәм үрп-әдетлеримизди орынламаўын айтып, Муўсаның Нызамынан бас тартыў кереклигин үйретип жүрген екенсең. 22 Енди не қылыў керек? Олар, әлбетте, сениң усы жерге келгениңди еситеди. 23 Сонлықтан мына айтқанымызды исле. Арамызда Ќудай алдында ант ишкен тѳрт адам бар. 24 Оларды жаныңа алып, тазаланыў рәсиминен ѳт. Олар шашларын алдырыўы ушын, керекли қурбанлықтың қунын сен тѳле. Солай етип, ҳәмме адам сен ҳаққында еситкенлериниң тийкарсыз екенин ҳәм сениң Мухаддес Нызам бойынша жасап атырғаныңды билсин. 25 Ал басқа миллет исениўшилерине келсек, бизлер оларға бутларға сойылған қурбанлықтың гѳшинен, қаннан, буўындырылып ѳлтирилген ҳайўанлардың гѳшинен ҳәм бузықшылықтан аўлақ болыўлары туўралы қарарымызды жазып жиберген едик. 26 Келеси күни Павел жанына сол тѳрт адамды алып, олар менен бирге тазаланыў рәсиминен ѳтти. Соңынан тазаланыў күнлериниң қашан тамам болатуғынын ҳәм ҳәр бири ушын қашан қурбанлық шалынатуғынын билдириў ушын, Ибадатханаға кирди. 27 Жети күнлик мүддет тамамланыўға шамаласқанда, Азия үлкесинен келген яҳудийлер Павелди Ибадатханада кѳрип, пүткил халыққа қозғалаң салды да, оны услап алып: 28 – Ҳәй, израиллылар, жәрдем бериңлер! Бул адам ҳәмме жерде ҳәмме адамларға бизиң халқымызға, Мухаддес Нызамға ҳәм Ибадатханаға қарсы тәлим берип жүр. Оның үстине, греклерди де Ибадатханаға алып келип, бул мухаддес орынды ҳарамлады, – деп бақырысты. 29 Ѳйткени олар буннан алдын Павелди қалада ефесли Трофим менен бирге кѳргенликтен, Павел оны Ибадатханаға алып келген, деп ойлайтуғын еди. 30 Пүткил қала аяққа турды. Ҳәр тәрептен жуўырысып келген халық Павелди услап, Ибадатхананың сыртына сүйреп шығарды. Сол ўақытта-ақ Ибадатхананың дәрўазасы жабылды. 31 Олар Павелди ѳлтирмекши болып атырғанда, Рим мыңбасысына: «Пүткил Ерусалим қозғалаң кѳтерди!» – деген хабар жетип барды. 32 Мыңбасы дәрҳал әскерлер менен жүзбасыларды жанына алып, халық турған жерге жуўырып келди. Олар мыңбасы менен әскерлерди кѳргенде, Павелди урыўды тоқтатты. 33 Сонда мыңбасы жақынлап келип, Павелди тутқынға алды да, қос шынжыр менен байлаўды буйырды. Соңынан: – Бул ким? Ол не иследи? – деп сорады. 34 Халық ишинен биреўи анаў, биреўи мынаў, деп бақырды ҳәм шаўқым себепли жѳнли жуўап ала алмағанлықтан, мыңбасы Павелди әскерий бѳлимге алып кетиўди буйырды. 35 Павел басқышқа келгенде, халық сондай ғәзепли болғанлықтан, әскерлер оны кѳтерип жүриўге мәжбүр болды. 36 Халық оның изинен: – Оны жоқ етиңлер! – деп бақырып жүрди. 37 Єскерий бѳлимге кирейин деп атырғанда, Павел мыңбасыға: – Сизге бир нәрсе айтсам бола ма? – деди. Мыңбасы: – Сен грекше билесең бе? 38 Демек, сен буннан бурын қозғалаң кѳтерип, тѳрт мың қозғалаңшыны шѳлге апарған мысырлы емес екенсең-ғо, – деди. 39 Павел: – Мен яҳудиймен. Киликияның белгили қаласы Тарсустың пуқарасыман. Сизден ѳтиниш, халыққа сѳз сѳйлеўге рухсат етиң, – деди. 40 Мыңбасы рухсат етиўден, Павел басқыштың үстинде турып, халыққа қолы менен ишарат етти. Терең тынышлық орнағаннан соң, оларға еврей тилинде сѳйлей баслады.
1 – Туўысқанларым ҳәм ағаларым! Енди сизлерге айтажақ, ѳзимди ақлаўшы сѳзлеримди тыңлаңлар! 2 Павелдиң ѳзлерине еврейше сѳйлегенин еситкенде, олар бурынғыдан бетер тым-тырыс болды. Павел былай деп даўам етти: 3 – Мен яҳудиймен. Киликияның Тарсус қаласында туўылып, усы Ерусалим қаласында ѳстим. Гамалиелдиң қолы астында ата-бабаларымыздың нызамы бойынша муқыятлы түрде тәрбияландым. Ҳәзир сизлердиң ҳәммеңиз сыяқлы, мен де Ќудайға инталы хызмет еттим. 4 Ийсаның жолы менен жүриўшилерди ѳлгенше қуўдалап, еркек пе, ҳаял ма деместен, оларды байлап қамаққа салдым. 5 Бас руўханий менен барлық ақсақаллар кеңеси де сѳзлеримди тастыйықлай алады. Мен олардан Дамасктағы яҳудийлерге жазылған хат алып, жолға шыққан едим. Мениң мақсетим Ийсаға исенетуғын сол жердеги адамларды да байлап, жазалаў ушын Ерусалимге әкелиў еди. 6 Мен жолға шығып, Дамаскқа жақынлағанымда, түслер шамасында тосаттан аспаннан түскен бир жарық нур әтирапымды жарқыратып жиберди. 7 Мен жерге жығылдым ҳәм бир даўыстың маған: «Саул, Саул! Сен неге Мени қуўдалап атырсаң?» – дегенин еситтим. 8 «Сен кимсең, Ийем?» – деп сорадым мен. Ол маған: «Мен – сен қуўдалап атырған Насыралы Ийсаман» – деди. 9 Мениң жанымдағылар нурды кѳрсе де, мениң менен Сѳйлескенниң сѳзлерин түсинбеди. 10 «Ийем, не ислеўим керек?» – деп сорадым мен. Ийемиз маған: «Орныңнан турып, Дамаскқа бар. Саған бекитилген ислердиң ҳәммеси сол жерде айтылады», – деди. 11 Жаңағы нурдың салтанатлы жақтысынан кѳзлерим кѳрмей қалғанлықтан, жанымдағылар қолымнан услап, мени Дамаскқа жетеклеп апарды. 12 Сол жерде Ханания атлы бир диншил адам бар еди. Ханания сол жердеги барлық яҳудийлер арасында жақсы аты шыққан адам болып, Мухаддес Нызам бойынша жасайтуғын еди. 13 Ол жаныма келип турды да: «Туўысқаным, Саул! Кѳзлериң кѳрип кетсин!» – деди. Мениң сол ўақытта-ақ кѳзлерим ашылып, оны кѳрдим. 14 Ханания былай деди: «Ата-бабаларымыздың Ќудайы Ѳзиниң еркин билиўиң ушын ҳәм ҳақ Адамды кѳрип, Оның аўзынан шыққан сести еситиўиң ушын, сени таңлады. 15 Себеби сен кѳргенлериңди ҳәм еситкенлериңди барлық адамларға жәриялап, Оның гүўасы боласаң. 16 Енди нени күтип отырсаң? Орныңнан турып, суўға шомылдырыл ҳәм Оның атын айтып шақырып, гүналарыңнан тазалан!» 17 Мен Ерусалимге қайтып келип, Ибадатханада дуўа етип отырғанымда, айрықша жағдайға түсип, Ийемизди кѳрдим. 18 Ол маған: «Тезирек Ерусалимнен кет! Ѳйткени бул жердеги адамлар сениң Мен туўралы берген гүўалығыңды қабыл етпейди», – деди. 19 Мен Оған былай дедим: «Ийем! Олар мениң мәжилисханама-мәжилисхана жүрип, Саған исенетуғынларды қамап, сабағанымды биледи. 20 Және де, Сениң гүўаң Степанның қаны тѳгилгенде, мен де сол жерде едим. Мен оны ѳлтиргенлердиң кийимлерин қараўыллап, олардың исин мақуллап турдым». 21 Ийемиз маған: «Бар! Мен сени узаққа, басқа миллетлерге жиберемен», – деди. 22 Адамлар Павелди усы сѳзлерине дейин тыңлады. Бирақ соңғы сѳзлерди еситкенде: – Бундай адамды жер бетинен қуртыў керек, ол жасаўға ылайықлы емес! – деп даўысларының барынша бақыра баслады. 23 Олар усылай бақырысып, ашыў менен кийимлерин ылақтырып, аспанға шаң-тозаң кѳтерип турғанда, 24 мыңбасы Павелди әскерий бѳлимниң ишине апарыўды буйырды. Халықтың Павелге қарсы не ушын усылай бақырып атырғанын билиў ушын, оны қамшылап, тергеўди тапсырды. 25 Ќолларын керип, қайыс пенен байлап атырғанда, Павел сол жерде турған жүзбасыға: – Рим пуқарасын ҳүким етпей турып қамшылаў нызамға туўры келе ме? – деди. 26 Жүзбасы буны еситкенде, мыңбасыға барып хабар берди де: – Не ислейин деп атырсызлар? Бул адам – Рим пуқарасы екен-ғо, – деди. 27 Сонда мыңбасы Павелдиң жанына келип: – Маған айтшы, сен Рим пуқарасымысаң? – деп сорады. – Аўа, – деди Павел. 28 – Мен бул пуқаралыққа кѳп ақша менен еристим, – деди мыңбасы. – Ал мен Рим пуқарасы болып туўылдым, – деди Павел. 29 Сонда Павелди тергемекши болғанлар дәрҳал жанынан шегинди. Павелди байлатқан мыңбасы да оның Рим пуқарасы екенин билгенде қорқып кетти. 30 Ертеңине мыңбасы яҳудийлердиң Павелди не ушын айыплап атырғанын анық билмекши болғанлықтан, оны кисенлерден босатты да, бас руўханийлер менен пүткил жоқарғы кеңестиң жыйналыўын буйырды. Соңынан Павелди алып келип, олардың алдында турғызып қойды.
1 Павел жоқарғы кеңес ағзаларына дыққат пенен нәзер салып: – Туўысқанларым! Мен бүгинги күнге дейин Ќудайдың алдында пәк ҳүждан менен жасадым, – дегенде, 2 бас руўханий Ханания Павелдиң жанында турғанларға оның аўзына урыўды буйырды. 3 Сонда Павел оған: – Ҳәй, еки жүзли! Сени Ќудай урады! Сен мени Мухаддес Нызам бойынша ҳүким етиў ушын отырсаң, бирақ Мухаддес Нызамды бузып, мени урыўды буйырып атырсаң, – деди. 4 Павелдиң қасында турғанлар: – Ќудайдың бас руўханийин де мазақ етиўге бола ма? – деди. 5 Павел былай деди: – Туўысқанларым, оның бас руўханий екенин билмейтуғын едим. Себеби: «Ѳз халқыңның басшысына жаман сѳз айтпа», – деп Мухаддес Жазыўда айтылған-ғо. 6 Сонда олардың бир бѳлегиниң саддукейлер, басқа бѳлегиниң парисейлер екенин билген Павел жоқарғы кеңесте бәлент даўыс пенен: – Туўысқанларым! Мен парисеймен ҳәм парисейдиң улыман. Мен ѳлилердиң қайта тирилиўинен үмит еткеним ушын ҳүким етилип атырман, – деди. 7 Павел буны айтқанда, парисейлер менен саддукейлер арасында жәнжел пайда болып, жыйналғанлар екиге бѳлинди. 8 Ѳйткени саддукейлер ѳлимнен қайта тирилиў де, периште де, руўх та жоқ, дейди. Ал парисейлер булардың ҳәммесин тән алады. 9 Солай етип, жыйналыста күшли шаўқым басланды. Парисейлер топарынан айырым диний муғаллимлер орынларынан турып: – Бизлер бул адамнан ҳеш қандай айып таппай турмыз. Егер оған руўх ямаса периште сѳйлеген болса ше? – деп қызып сѳйледи. 10 Жәнжел кем-кемнен күшейип баратырғанлықтан, олардың Павелди тилкимлеп таслаўынан қорққан мыңбасы әскерлерге тѳменге түсиўди ҳәм олардың арасынан оны күш пенен алып кетип, әскерий бѳлимге апарыўды буйырды. 11 Сол түни Ийемиз Павелге кѳринип: «Мәрт бол! Мен туўралы Ерусалимде қалай гүўалық берген болсаң, Римде де солай гүўалық бериўиң тийис», – деди. 12 Ертеңине яҳудийлер тил бириктирип: «Павелди ѳлтирмегенимизше ишип-жесек, бизлерге нәлет болсын», – деп ѳз ара ант ишти. 13 Бул тил бириктириўге қатнасқанлардың саны қырықтан аслам еди. 14 Олар бас руўханийлер менен ақсақалларға барып былай деди: – «Павелди ѳлтирмегенимизше аўзымызға бир түйир нәрсе алсақ, бизлерге нәлет болсын», – деп қатал түрде ант иштик. 15 Енди сизлер жоқарғы кеңес пенен бирликте мыңбасыға барың да, ѳзлериңизди Павелдиң мәселесин еле де анығырақ тексеретуғын қылып кѳрсетип, оны сизлерге алып келиўин ѳтиниш етиңлер. Ол кеңеске келместен бурын бизлер оны ѳлтириўге таяр турамыз. 16 Бирақ Павелдиң жийени олардың тил бириктиргенин еситип қалып, әскерий бѳлимге барды да, бул хабарды Павелге жеткизди. 17 Павел жүзбасылардың бирин жанына шақырып: – Бул жигитти мыңбасыға алып барың, айтатуғын гәпи бар екен, – деди. 18 Жүзбасы жигитти мыңбасыға алып келди де: – Тутқын Павел мени шақырып, мына жигитти сизге апарыўымды ѳтиниш еткен еди. Оның сизге айтажақ гәпи бар екен, – деди. 19 Мыңбасы жигиттиң қолынан услады да, оны шетке шығарып: – Маған не айтпақшы едиң? – деп сорады. 20 Жигит былай деп жуўап берди: – Яҳудийлер ѳз ара тил бириктирип, Павелдиң мәселесин анығырақ тексериў сылтаўы менен, оны ертең жоқарғы кеңеске алып келиўиңизди сизден ѳтиниш етпекши. 21 Бирақ сиз оларға қулақ салмаң! Себеби олардың қырықтан асламы оны тасада күтпекте. Олар: «Павелди ѳлтирмегенимизше ишип-жесек, бизлерге нәлет болсын!» – деп ант ишти. Енди олар сизиң қайылшылығыңызды күтип, таяр болып турыпты. 22 Мыңбасы жигитке: – Буларды маған хабарлағаныңды ҳеш кимге айтпа! – деп тапсырды да, оны қайтарып жиберди. 23 Соңынан мыңбасы жүзбасылардың екеўин жанына шақырып алып былай деди: – Түнде, саат тоғызда Кесарияға кетиў ушын, еки жүз пияда әскер, жетпис атлы ҳәм еки жүз найзалы әскер таярлаңлар. 24 Павелди миндирип, оны аман-есен ҳәким Феликске жеткизиў ушын, атлар менен тәмийинлеңлер. 25 Соңынан мыңбасы тѳмендеги хатты жазды: 26 «Ҳүрметли ҳәким Феликске Клавдий Лисястан сәлем! 27 Яҳудийлер бул адамды услап алып ѳлтирейин деп атыр еди. Бирақ мен оның Рим пуқарасы екенин билгенимнен соң, әскерлерим менен жетип барып, қутқарып қалдым. 28 Оны не ушын айыплап атырғанын билмекши болып, яҳудийлердиң жоқарғы кеңесине алып бардым. 29 Сонда оның яҳудийлердиң нызамына байланыслы тартыслы нәрселер себепли айыпланып атырғанын анықладым. Бирақ онда ѳлимге ямаса қамалыўға ылайық ҳеш қандай айып жоқ. 30 Бул адамға қарсы қастыяншылық исленежақ екенлиги маған хабар етилгенде, оны дәрҳал сизге жолладым. Оның айыплаўшыларына да оған қарсы шағымларын сизиң алдыңызда айтыўды буйырдым». 31 Солай етип, әскерлер ѳзлерине берилген буйрық бойынша Павелди алып, түнде Антипатрис деген қалашаға барды. 32 Ертеңине олар атлы әскерлерди Павел менен жолды даўам етиў ушын қалдырып, ѳзлери әскерий бѳлимге қайтып келди. 33 Атлы әскерлер Кесарияға барып, хатты ҳәкимге берди де, Павелди оның қолына тапсырды. 34 Ҳәким хатты оқып, Павелден қайсы үлкеден екенин сорады. Киликиялы екенин билгенде, оған: 35 «Сени айыплаўшыларың келгенде тыңлайман», – деди де, оның Ҳиродтың сарайында қараўылланыўын буйырды.
1 Арадан бес күн ѳткеннен соң, бас руўханий Ханания айырым ақсақаллар ҳәм Тертулус атлы нызам қәнийгеси болған бир шешен менен Кесарияға келип, ҳәкимге Павелдиң үстинен шағым жасады. 2 Павел шақырылғанда, Тертулус оны айыплай баслады: – Уллы мәртебели Феликс! Сизиң арқаңызда узақ ўақытлардан бери тынышлықта жасап атырмыз. Сизиң келешекти кѳре билетуғыныңыз арқалы бул миллеттиң абаданшылығы раўажланып бармақта. 3 Бизлер буны ҳәмме ўақытта, ҳәмме жерде үлкен миннетдаршылық пенен мойынлаймыз. 4 Бирақ сизиң ўақтыңызды алмаў ушын, бизлердиң айтажақ бир аўыз сѳзимизди дыққат пенен тыңлаўыңызды ѳтиниш етемен. 5 Бизлер бул адамды обадай қәўипли, дүнья жүзиндеги пүткил яҳудийлер арасында қозғалаң кѳтериўши ҳәм «Насыралылар» деген азғын топардың жетекшилериниң бири деп таптық. 6 Ҳәтте, ол Ибадатханамызды да ҳарамламақшы болғанда, бизлер оны қолға алдық . 8 Сиз де оны тергегениңизде, бизлердиң оны не ушын айыплап атырғанымыздың ҳәммесин ѳзинен билип аласыз. 9 Яҳудийлер де Павелди айыплап, айтылғанлардың дурыс екенин мақуллады. 10 Ҳәким Павелдиң сѳйлеўи ушын ишарат еткенде, Павел былай деп жуўап берди: – Сизиң кѳп жыллардан бери бул миллетке қазылық етип киятырғаныңызды билип, ѳзимди сизиң алдыңызда ақлайтуғыныма қуўанышлыман. 11 Мениң Ерусалимге сыйыныў ушын келгениме он еки күннен кѳп болмағанын ѳзиңиз билип алыўыңызға болады. 12 Олар мениң я Ибадатханада, я мәжилисханаларда, я қаланың басқа бир жеринде биреў менен тартысып турғанымды ямаса халыққа қозғалаң салып жүргенимди кѳрмеди. 13 Ҳәзир де маған тағып атырған айыпларын сизге дәлиллеп бере алмайды. 14 Бирақ, сизге мынаны мойынлайман: олар «азғын топар» деп атайтуғын жол бойынша мен ата-бабаларымның Ќудайына сыйынып, Мухаддес Нызамда ҳәм пайғамбарлардың Жазыўларында айтылған ҳәр бир нәрсеге исенемен. 15 Бул адамлар сыяқлы мен де ҳақ адамлардың да, гүнакарлардың да қайта тирилиўин Ќудайдан үмит етемен. 16 Сонлықтан да, мен Ќудайдың ҳәм адамлардың алдында пәк ҳүжданлы болыўға ҳәмме ўақыт тырысаман. 17 Миллетиме қайыр-садақа, Ќудайға қурбанлықлар бериў ушын, кѳп жылдан соң Ерусалимге қайтып келдим. 18 Мен тазаланыў рәсиминен ѳтип, усыларды ислеп атырғанымда, олар мени Ибадатханада кѳрди. Сонда мениң қасымда кѳп адам да, шаўқым да болған жоқ. 19 Бирақ ол жерде Азия үлкесинен келген айырым яҳудийлер бар еди. Сизиң алдыңызда әне солар турып, маған тағатуғын айыплары бар болса, айтыўлары керек. 20 Я болмаса, жоқарғы кеңестиң алдында турғанымда, меннен қандай айып тапқанын бул жердеги адамлар айтсын. 21 Мен тек олардың алдында турғанымда: «Ѳлилердиң қайта тирилетуғынына исенгеним ушын, бүгин мен ҳүким етилип атырман», – деп бақырған едим. 22 Сонда Феликс Ийсаның жолы туўралы жақсы билгенликтен: – Даўыңызды мыңбасы Лисяс келгенде шешемен, – деди де, истиң қаралыўын кейинге қалдырды. 23 Соңынан ол жүзбасыға Павелди қараўыллаўды, бирақ еркинлик берип, досларының оған жәрдемлесиўине тыйым салмаўын буйырды. 24 Бир қанша күннен соң, Феликс ѳзиниң Друзилла атлы яҳудий ҳаялы менен бирге келди. Ол Павелди шақыртып алып, оның Масих Ийсаға исениў ҳаққында айтқанларын тыңлады. 25 Павел ҳақлық, ѳзин тыйыў ҳәм келешектеги ҳүким ҳаққында айтқанда Феликс қорқып кетип: – Ҳәзирше бара бер. Ўақыт тапсам, сени және шақыртып аламан, – деди. 26 Соның менен бирге, босатылыўы ушын Павелдиң ѳзине пара бериўинен үмит ететуғын еди. Сонлықтан оны тез-тез шақыртып, оның менен гүрриңлесетуғын еди. 27 Бирақ арадан еки жыл ѳткенде, Феликстиң орнына Порций Фест келди. Феликс яҳудийлерге жағынғысы келгенликтен, Павелди қамақта қалдырып кетти.
1 Фест үлкеге ҳәкимлик ўазыйпасына келгеннен соң үш күн ѳткенде, ол Кесариядан Ерусалимге барды. 2 Сонда бас руўханийлер менен яҳудийлердиң басшылары оған Павелдиң үстинен шағым жасады. 3 Мийримлилик кѳрсетип, Павелди Ерусалимге жибериўин оннан жалынып сорады. Ал ѳзлери Павелди жолда ѳлтирмекши болып, тил бириктирген еди. 4 Фест оларға жуўап берип, Павелдиң Кесариядағы қамақта екенин ҳәм ѳзиниң де жақында сол жерге баратуғынын айтты да: 5 – Араңызда бийлиги барлар мениң менен бирге барып, бул адам бир қылмыс ислеген болса, оны айыпласын, – деди. 6 Фест олардың жанында сегиз ямаса он күннен артық қалмай, Кесарияға қайтты. Ертеңине ол ҳүким гүрсисине отырып, Павелди алып келиўди буйырды. 7 Павел келгенде, Ерусалимнен барған яҳудийлер оның әтирапын қоршап алды да, оған ѳзлери дәлиллеп бере алмайтуғын кѳп аўыр айыплар тақты. 8 Павел ѳзин ақлап: – Мен я яҳудийлердиң нызамына, я Ибадатханаға, я Рим патшасы-Ќайсарға қарсы ҳеш қандай жынаят ислегеним жоқ, – деди. 9 Бирақ яҳудийлерге жағынғысы келген Фест Павелге: – Ерусалимге барып, сол жерде усылар бойынша мениң алдымда ҳүким етилиўди қәлейсең бе? – деди. 10 Павел былай деди: – Мен Ќайсардың ҳүким гүрсиси алдында турман. Мен усы жерде ҳүким етилиўим тийис. Мениң яҳудийлерге ҳеш қандай жаманлық ислемегенимди ѳзиңиз жүдә жақсы билесиз. 11 Егер мен айыплы болсам ҳәм ѳлимге ылайықлы бир нәрсе ислеген болсам, ѳлимнен бас тартпас едим. Ал егер булардың маған тағып атырған айыплары тийкарсыз болса, онда ҳеш бир адамның мени олардың қолына услап бериўге ҳақысы жоқ. Мен Ќайсардың ҳүкимин талап етемен. 12 Сонда Фест кеңесгѳйлери менен мәсләҳәтлескеннен соң: – Сен Ќайсардың ҳүкимин талап еттиң, енди Ќайсарға барасаң, – деп жуўап берди. 13 Бир қанша күннен соң, Агриппа патша менен Верника Фестти қутлықлаў ушын Кесарияға келди. 14 Олар сол жерде кѳп күн қалғанлықтан, Фест Павелдиң исин патшаға билдирип былай деди: – Бул жерде Феликс қамақта қалдырып кеткен бир адам бар. 15 Мен Ерусалимде болғанымда, яҳудийлердиң бас руўханийлери менен ақсақаллары оған айып тағып, оны жазалаўымды талап қылған еди. 16 Мен оларға: «Айыпланыўшы ѳз айыплаўшылары менен жүзлеспей турып, оған тағылып атырған айыплардан ѳзин қорғаўға мүмкиншилик берместен, оны услап бериў – римлилердиң әдетине қайшы келеди», – деп жуўап бердим. 17 Сонлықтан олар мениң менен бул жерге келгенде, мен ўақытты босқа жибермей, ертеңине-ақ ҳүким гүрсисине отырдым да, сол адамның алып келиниўин буйырдым. 18 Бирақ айыплаўшылар орынларынан турғанда, оған мен күткен айыплардың ҳеш бирин тақпады. 19 Тек олардың ѳз дини ҳәм бир Ийса атлы ѳлген, бирақ Павел тири деп тастыйықлаған Адам ҳаққында айырым тартыслары бар екен. 20 Мен бул мәселени қалай шешиўди билмей албырап, Павелден: «Ерусалимге барып, усылар бойынша сол жерде ҳүким етилиўди қәлейсең бе?» – деп сорадым. 21 Бирақ ол ѳз исин Ќайсардың қараўын ҳәм оған дейин қамақта қалдырылыўын талап етти. Сонлықтан мен оны Ќайсарға жоллаўыма дейин қамақта болыўын буйырдым. 22 Сонда Агриппа Фестке: – Бул адамды мен де тыңлағым келеди, – деди. – Оны ертең-ақ тыңлайсыз, – деди Фест. 23 Ертеңине Агриппа менен Верника уллы сән-салтанат пенен келип, мыңбасылар ҳәм қаланың абырайлы адамлары менен бирликте рәсмий залға кирди. Фесттиң буйрығы бойынша Павел алып келинди. 24 Фест былай деди: – Патша Агриппа ҳәм усы жердеги ҳәмме адамлар! Сизлер мына адамды кѳрип турсызлар. Ерусалимде де, бул жерде де, пүткил яҳудий халқы оның үстинен маған шағым жасап: «Ол буннан былай жасамаўы тийис» – деп бақырысқан еди. 25 Бирақ мен оның ѳлим жазасына ылайық ҳеш қандай ис ислемегенин анықладым. Оның ѳзи Ќайсардың ҳүкимин талап еткенликтен, оны Ќайсарға жибериўге қарар еттим. 26 Ал менде болса, ол ҳаққында ҳүкимдарға жазғандай, белгили ҳеш нәрсе жоқ. Сонлықтан бул тергеўдиң нәтийжесинде маған жазыўға бир нәрсе табылып қалар деп, оны сизлердиң алдыңызға, әсиресе, патша Агриппа, сизиң алдыңызға шығардым. 27 Ѳйткени тутқынды Ќайсарға жоллап, оған қойылған айыпларды билдирмеў надурыс болар, деп ойлайман.
1 Агриппа Павелге: – Ѳзиңди ақлап сѳйлеўиңе рухсат бериледи, – деди. Сонда Павел қолын кѳтерип ишарат етти де, ѳзин ақлап сѳйлей баслады: 2 – Патша Агриппа! Яҳудийлердиң маған тағып атырған барлық айыпларына қарсы бүгин ѳзимди сизиң алдыңызда ақлап атырғаным ушын бахтиярман, деп есаплайман. 3 Себеби әсиресе сиз яҳудийлердиң үрп-әдетлерин ҳәм тартыслы мәселелерин жақсы билесиз. Сонлықтан мени сабырлылық пенен тыңлаўыңызды ѳтиниш етемен. 4 Дәслеп ѳз елимде, соңынан Ерусалимде жаслығымнан бери қалай ѳмир сүргенимди пүткил яҳудийлер биледи. 5 Олар мени кѳп ўақыттан бери таныйды ҳәм егер қәлесе, динимиздиң ең қатал бағыты бойынша парисей болып жасағаным туўралы гүўалық бере алады. 6 Енди болса, Ќудайдың ата-бабаларымызға берген ўәдесинен үмит еткеним ушын, мен усы жерде турып, ҳүким етилип атырман. 7 Бизиң он еки урыўымыз күни-түни Ќудайға бар ықласы менен хызмет етип, бул ўәдениң орынланыўынан үмит етеди. О, патшам! Мени яҳудийлер, мине, усы үмит себепли айыпламақта. 8 Ќудайдың ѳлилерди тирилтиўин сизлер неге исенип болмайтуғын нәрсе, деп есаплайсызлар? 9 Ҳақыйқатында мен де Насыралы Ийсаның атына қарсы қолымнан келген ҳәмме нәрсени ислеўим керек, деп ойлайтуғын едим. 10 Мен буны Ерусалимде иследим де. Бас руўханийлерден алған бийлик пенен исениўшилердиң кѳбисин қамаққа салдырдым. Оларға ѳлим жазасы берилиўи ушын даўыс беретуғын едим. 11 Мәжилисханама-мәжилисхана жүрип, оларды тез-тез жазалап, Ийсаға тил тийгизиўге мәжбүрлейтуғын едим. Оларға қәҳәрли болғаным соншелли, ҳәтте, оларды жат қалаларда да қуўдаладым. 12 Бир мәрте мен бас руўханийлерден бийлик ҳәм тапсырма алып, Дамаскқа қарай жолға шықтым. 13 О, патшам! Тал түсте жолда баратырғанымда, аспаннан түсип, мениң ҳәм жолдасларымның әтирапын жарқыратып жиберген қуяштың сәўлесинен де жарық бир нур кѳрдим. 14 Ҳәммемиз жерге жығылғанымызда, бир даўыстың маған еврей тилинде сѳйлегенин еситтим: «Саул, Саул, сен неге Мени қуўдалап атырсаң? Ќудайға қарсы турсаң, ѳзиңе зыян болады». 15 «Ийем, Сен кимсең?» – деп сорадым мен. Ийемиз жуўап берип былай деди: «Мен – сен қуўдалап атырған Ийсаман. 16 Ќәне, тикейип, орныңнан тур! Мени кѳргениң ҳәм Мениң саған кѳрсетежақ нәрселерим ҳаққында гүўалық бериўиң ушын, және де, сени Ѳз хызметиме тайынлаў ушын саған кѳриндим. Сен кѳргенлериң ҳәм саған кѳрсетежақ нәрселерим ҳаққында гүўалық бересең. 17 Мен сени ѳз халқыңның ҳәм басқа миллетлердиң қолынан қутқараман. 18 Басқа миллетлердиң кѳзлерин ашып, оларды қараңғылықтан жақтыға, шайтанның қолы астынан Ќудайға апарыў ушын сени оларға жиберип атырман. Солай етип, олардың гүналары кеширилип, Маған деген исенимлери менен мухаддес адамлардың арасынан үлес алсын». 19 Сонлықтан, патша Агриппа, аспаннан берилген аянға бағынбай тура алмадым. 20 Дәслеп Дамаск, соңынан Ерусалим ҳәм пүткил Яҳудия үлкесиндеги яҳудийлерге, және басқа миллетлерге де тәўбе етип Ќудайға қайтыўды ҳәм тәўбеге ылайық ислер ислеўди жәриялап жүрдим. 21 Яҳудийлердиң мени Ибадатханада услап, ѳлтирмекши болғанының себеби усы. 22 Бирақ бүгинги күнге дейин маған Ќудай жәрдем берип келмекте. Сонлықтан үлкен-киши, ҳәммеге гүўалық берип, усы жерде турман. Мениң айтып турғанларым пайғамбарлардың ҳәм Муўсаның болжап айтқанларынан басқа емес. 23 Олар Масихтың азап шегетуғынын ҳәм биринши болып ѳлимнен тирилетуғынын, Ѳз халқына ҳәм басқа миллетлерге нур ҳаққында жәриялайтуғынын билдирген еди. 24 Павел усы тәризде ѳзин ақлап турғанда, Фест бәлент даўыс пенен: – Павел, сениң есиң дурыс емес! Кѳп оқығаның сени ақылыңнан аздырыпты! – деди. 25 Павел былай деди: – Есим дурыс, ҳүрметли Фест! Мениң сѳзлерим ҳақыйқатқа ҳәм ақылға сай. 26 Патша бул нәрселер ҳаққында жақсы билгенликтен, мен оның менен еркин сѳйлесип турман. Булардың ҳеш бириниң оның дыққатынан шетте қалмағанына исенемен. Ѳйткени бул бир шетте болған жоқ. 27 Патша Агриппа! Сиз пайғамбарлардың сѳзлерине исенесиз бе? Билемен, исенесиз. 28 Сонда Агриппа Павелге: – Мени аз-маз ўақыттың ишинде кѳндирип, масихый қылмақшымысаң? – деди. 29 – Аз болсын, кѳп болсын, тек сиз емес, ал бүгин мени тыңлап отырғанлардың ҳәммеси мына шынжырларсыз мен сыяқлы болыўын Ќудайдан тилеймен, – деди Павел. 30 Сонда патша, ҳәким, Верника ҳәм олар менен отырғанлар орынларынан турды. 31 Олар сыртқа шығып, ѳз ара: «Бул адам ѳлимге ямаса қамалыўға ылайық ҳеш нәрсе ислемеген», – дести. 32 Агриппа Фестке: «Егер бул адам Рим патшасы-Ќайсардың ҳүкимин талап етпегенде, оны азат қылыўға болар еди», – деди.
1 Италияға кеме менен кетиўге қарар еткенимизде, Павел менен басқа айырым тутқынлар Август әскерий бѳлиминен болған Юлий атлы бир жүзбасыға тапсырылды. 2 Азия үлкесиниң жағаларындағы жағысларға баратуғын Адрамиттиң кемесине минип, бизлер жолға шықтық. Жанымызда Салоникадан келген македониялы Аристарх та бар еди. 3 Ертеңине Сидонға жетип келдик. Юлий Павелге адамгершилик ислеп, оның ѳз мүтәжликлерине жәрдем алыўы ушын, досларына барып келиўине рухсат етти. 4 Ол жерден кеме менен және жолға шықтық. Самал қарсы алдымыздан есип турғанлықтан, Кипр атаўының ық жағы менен жүрдик. 5 Киликия ҳәм Памфилия үлкелериниң қарсы алдындағы теңизден ѳтип, Ликияның Мира қаласына келдик. 6 Жүзбасы сол жерде Италияға баратуғын Искендериядан келген кемени таўып, бизлерди оған мингизди. 7 Кѳп күн бойы әсте-ақырын жүзип, зорға дегенде Книдосқа жетип бардық. Самалға қарсы жүзиў қыйын болғанлықтан, Крит атаўының ық жағы менен Салмон қаласының қасынан ѳттик. 8 Жаға бойлап зордан жүзип, Ласея қаласының қасындағы «Гѳззал жағыс» деген жерге келдик. 9 Бизлер кѳп ўақытты сарп етип алдық. Ҳәтте, яҳудийлердиң ораза күнлери де ѳтип кеткенликтен, енди жүзиў қәўипли еди. Сонлықтан Павел оларға ескертип: 10 – Адамлар! Бул жолымыз тек жүк ҳәм кеме ушын емес, ал жанларымыз ушын да жүдә қәўип-қәтерли болатуғынын кѳрип турман, – деди. 11 Бирақ жүзбасы Павелдиң сѳзлеринен гѳре, кеме айдаўшысы менен кемениң хожайынының сѳзине қулақ асты. 12 Жағыс қыслаўға қолайлы болмағанлықтан, кемедегилердиң кѳбиси жолға шығыўды ҳәм илажы болса Феникске жетип, қысты сол жерде ѳткизиўди шешти. Феникс – қубла-батыс ҳәм арқа-батыс тәреплерге қараған, Критте жайласқан бир жағыс еди. 13 Ќубладан жумсақ самал есе баслағанда, олар ѳз мақсетимизге жеттик деп ойлап, кѳшкини кѳтерди де, Криттиң жағасы менен жүзип кетти. 14 Бирақ кѳп ѳтпей, атаў тәрептен «Арқа-шығыс» деп аталатуғын даўыл бастырып келди. 15 Кеме даўыл тәрепинен искенжеге алынып, самалға қарсы тура алатуғын күшимиз болмағанлықтан, бизлер тәслим болып кете бердик. 16 «Кавда» деп аталатуғын бир киши атаўдың ық жағына жеткенимизде, кемениң қайығын зорға дегенде сақлап үлгердик. 17 Кемешилер қайықты жоқарыға тартып шығарып, кемени арқан менен беккем етип байлап қойды. Ливия жағасының қайыр жерлерине тийиўден қорқып, желқомды түсирди де, ығып кете берди. 18 Даўыл бизлерди қатты қыйнағанлықтан, олар ертеңине кемеден жүк ылақтыра баслады. 19 Үшинши күни кемениң қурал-сайманларын да ѳз қоллары менен теңизге ылақтырды. 20 Кѳп күн бойы қуяш та, жулдызлар да кѳринбеди. Даўыл еле қәҳәрли болғанлықтан, ақырында аман қалыўдан үмитимизди пүткиллей үздик. 21 Адамлар кѳп ўақыттан бери ҳеш нәрсе жемеген еди. Сонда Павел ортаға шығып былай деди: – Адамлар! Маған қулақ асып, Криттен шықпағаныңызда, бундай қәўип-қәтер менен шығынға ушырамаған болар едик. 22 Бирақ енди сизлерди мәрт болыўға шақыраман. Тек кеме ғана апатқа ушырап, араңызда ҳеш бир жан набыт болмайды. 23 Себеби мен тийисли болып, хызмет етип жүрген Ќудайдың бир периштеси ѳткен түни жаныма келип, 24 былай деди: «Ќорқпа Павел! Сен Рим патшасы-Ќайсардың алдына барыўың тийис. Және Ќудай сениң менен сапарлас болғанлардың ҳәммесин саған бағышлады». 25 Сонлықтан, адамлар, мәрт болыңлар! Мен Ќудайға исенемен: маған не айтылса, сол болады. 26 Бизлер бир атаўға ығызылып апарылыўымыз тийис. 27 Даўылдың басланғанына он тѳрт күн болғанда, бизлер Адрия теңизинде ығып жүр едик. Шама менен түнниң ярымында кемешилер қандай да бир қурғақлыққа жақынласқанын шамалады. 28 Сонда олар теңиздиң тереңлигин ѳлшеп, жигирма қулаш екенин билди. Аз-маз ўақыттан соң және ѳлшеп кѳргенде, он бес қулаш екенин кѳрди. 29 Суўдың астындағы жартасқа урылыўымыздан қорқып, олар кемениң арт бетинен тѳрт кѳшки ылақтырды да, таңның тезирек атыўын тилеп, дуўа етти. 30 Кемешилер кемеден қашпақшы болып, алдыңғы тәрептен кѳшки таслаўды сылтаўлады да, қайықты теңизге түсире баслады. 31 Бирақ Павел жүзбасы менен әскерлерге: – Булар кемеде қалмаса, сизлерге аман қалыў жоқ, – деди. 32 Сонда әскерлер қайықтың арқанларын кесип, оны теңизге түсирип жиберди. 33 Таң атайын деп турғанда, Павел ҳәммени аўқат жеўге үгитлеп: – Ҳеш нәрсе жемей аўқатсыз қалып күткениңизге бүгин он тѳрт күн болды. 34 Сонлықтан аўқат жеп алыўыңызды ѳтиниш етемен. Бул аман қалыўыңыз ушын зәрүр. Ҳеш қайсысыңыздың бир тал шашыңыз да набыт болмайды, – деди. 35 Павел усыларды айтып болып нанды алды да, ҳәммениң алдында Ќудайға шүкирлик билдирип, нанды бѳлип жей баслады. 36 Сонда ҳәмме жигерленип, аўқат жеди. 37 Кемеде барлығымыз болып еки жүз жетпис алты жан едик. 38 Аўқатқа тойып болғаннан соң, олар бийдайды теңизге тѳгип, кемени жеңиллетти. 39 Таң атқанда, кемешилер ѳзлери келген жерди танымады. Бирақ жағасы қумлық болған бир қолтықты кѳрип қалып, мүмкин болса, кемени сол жерге апарып тоқтатыўды уйғарды. 40 Кѳшкилердиң арқанларын кесип, теңизге таслады да, рульлерди байлаған арқанларды шешти. Алдыңғы желқомды самал тәрепке кѳтерип, жағаға қарай жүзип кетти. 41 Бирақ кеме бир қумлы сайыз жерге тап болып, тумсығы қумға батты да, қыймылдамай қалды. Ал артқы жағы күшли толқынлар тәрепинен соққыланып, сынып кетти. 42 Тутқынлар жүзип қашып кетеди деп ойлап, әскерлер оларды ѳлтирмекши болды. 43 Бирақ жүзбасы Павелди қутқарғысы келип, әскерлерге бул нийетин иске асырыўға тыйым салды. Соңынан жүзип билетуғынларға биринши болып ѳзлерин теңизге атып, жағаға шығыўларын буйырды. 44 Ал қалғанлары болса, кимиси тахтай, кимиси кемениң сынық бѳлеклеринен услап, олардың излеринен жетип барды. Солай етип, ҳәммеси аман-есен жағаға шықты.
1 Аман қалғанымыздан соң, атаўдың атының Мальта екенин билдик. 2 Жергиликли адамлар бизлерге әдеттен тыс адамгершилик кѳрсетти. Жаўын жаўып, күн суўық болғанлықтан, олар от жағып, ҳәммемизди жақсы қабыл етти. 3 Павел бир қушақ отын жыйнап, оттың үстине салды. Сонда оттың ыссысынан қашқан бир уўлы жылан оның қолына жабысты. 4 Жергиликли адамлар Павелдиң қолына жыланның асылып турғанын кѳрип, бир-бирине: – Бул адам, сѳзсиз, адам ѳлтирген қанхор екен. Теңизден аман қалған болса да, әдиллик қудайы оның тири қалыўына жол қоймады, – дести. 5 Бирақ Павел қолын силкип, жыланды оттың ишине ылақтырып жиберди ҳәм ҳеш қандай зыян кѳрмеди. 6 Олар Павелдиң денесиниң исип кетиўин ямаса бирден ѳлип қалып, жерге жығылыўын күтип тур еди. Бирақ узақ ўақыт күтип, оған ҳеш қандай зыян келмегенин кѳргенде, пикирлерин ѳзгертип: «Ол бир қудай», – дести. 7 Бизлер турған жердиң жақынында атаўдың басшысы болған Публий атлы адамның жер-мүлки бар еди. Ол бизлерди үйине қабыл етип, үш күн мийман қылды. 8 Сол ўақытта Публийдиң әкесиниң ыссылығы кѳтерилип, иши ѳтип аўырып жатырған еди. Павел оның жанына барып дуўа етти де, қолларын оның үстине қойып, шыпа берди. 9 Усы ўақыядан соң, атаўдағы басқа аўырыў адамлар да келип, шыпа табатуғын еди. 10 Олар бизлерге кѳп ҳүрмет кѳрсетти ҳәм жолға шығып баратырғанымызда керекли нәрселерди кемеге жүкледи. 11 Үш айдан соң, сол атаўда қыслап қалған «Егиз қудайлар» деп аталатуғын Искендериядан келген бир кеме менен жолға шықтық. 12 Сиракуз қаласына барып, үш күн қалдық. 13 Ол жерден жолымызды даўам етип, Региумға келдик. Ертеңине қубладан есе баслаған самалдың жәрдеми менен еки күнде Путеолийге бардық. 14 Ол жерден туўысқанларымызды таптық. Олардың ѳтиниши бойынша, бизлер олар менен бирге бир ҳәпте қалдық. Ақырында бизлер Римге келдик. 15 Хабарымызды еситкен Римдеги туўысқанларымыз бизлерди күтип алыў ушын Аппий майданы ҳәм «Үш мийманхана» ға дейин келди. Павел оларды кѳргенде Ќудайға шүкирлик етип, жигерленип қалды. 16 Римге келгенимизде, Павелге ѳзин қараўыллайтуғын әскер менен ѳз алдына жасаўға рухсат етилди. 17 Үш күннен соң, Павел Римдеги яҳудий жетекшилерин бирге жыйналыўға шақырды. Олар жыйналғанда, Павел былай деди: – Туўысқанларым! Мен халқымызға ямаса ата-бабаларымыздың үрп-әдетлерине қарсы ҳеш нәрсе ислемесем де Ерусалимде тутқын болып, римлилердиң қолына тапсырылдым. 18 Олар мени тергеп болғаннан соң, босатып жибермекши болды. Ѳйткени маған ѳлим жазасын беретуғындай ҳеш қандай тийкар жоқ еди. 19 Бирақ, яҳудийлер буған қарсы шыққанлықтан, мен Рим патшасы-Ќайсардың ҳүкимин талап етиўге мәжбүр болдым. Деген менен, буны мен ѳз халқымды айыпламақшы болып ислемедим. 20 Сонлықтан сизлерди бул жерге усылар ҳаққында сѳйлесип, ушырасыўға шақырдым. Себеби мен Израилдың үмити ушын мына шынжырлар менен байланғанман. 21 Олар Павелге: – Сен туўралы Яҳудиядан хат алмадық, ол жерден келген ѳзимиздиң адамлардың ҳеш бири сен туўралы жаман хабар да әкелмеди ямаса жаман нәрсе де айтпады. 22 Бирақ бизлер сениң пикириңди ѳзиңнен еситиўди қәлеймиз. Ѳйткени ҳәмме жерде сен тийисли болған бул топарға қарсы шығып атырғанын билемиз, – деди. 23 Олар Павел менен бир күнди белгилеп, сол күни кѳп адамлар менен бирге ол болып атырған жерге келди. Павел азаннан кешке дейин оларға Ќудайдың Патшалығы туўралы гүўалық берип, түсиндирди. Муўсаның Нызамына ҳәм пайғамбарлардың Жазыўларына тийкарланып, оларды Ийса ҳаққында айтылғанларға исендириўге ҳәрекет етти. 24 Айырымлары Павелдиң сѳзлерине исенди, ал базылары исенбей қалды. 25 Ѳз ара бир келисимге келе алмай, Павел мына соңғы сѳзлерин айтып турғанда олар кете баслады: – Мухаддес Руўх Ийшая пайғамбар арқалы ата-бабаларыңызға былай сѳйлеп, дурыс айтқан: 26 «Бул халыққа барып, мыналарды айт: Тыңлап еситесизлер, бирақ ҳеш түсинбейсизлер, Ќарайсызлар, бирақ ҳеш кѳрмейсизлер. 27 Себеби бул халықтың кеўли қайсар болып, қулақлары питип қалған, олар кѳзлерин де жумып алған. Олай болмағанда, олардың кѳзлери кѳрер еди, қулақлары еситер еди, кеўиллери түсинер еди. Олар Маған қайтып келсе, Мен оларға шыпа берер едим». 28 Мынаны билип қойыңлар: Ќудай Ѳзиниң бул қутқарылыўын басқа миллетлерге берди. Олар буны қабыл алады. 30 Павел кирейге алған жайында толық еки жыл болып, ѳзин кѳриўге келгенлердиң ҳәммесин қабыл етти. 31 Ол батыллық пенен, ҳеш бир тосқынлықсыз Ќудайдың Патшалығы туўралы жәриялап, Ийемиз Ийса Масих ҳаққында тәлим берди.
1 Мен, Ќудайдың ҳәм Ийемиз Ийса Масихтың қулы Яқыптан, жер жүзине тарқалып кеткен Ќудайдың халқына сәлем! 2 Ҳәй, туўысқанларым, түрли сынаўларға ушырағаныңызда оны үлкен қуўаныш пенен қабыл етиңлер. 3 Себеби исенимиңиздиң сыналыўынан сабырлық пайда болатуғынын билесизлер. 4 Ҳеш бир кемшиликсиз, жетилискен ҳәм минсиз адамлар болыўыңыз ушын толық сабырлық етиңлер. 5 Егер араңыздағы бириңиздиң даналығы кем болса, ҳәммеге сақыйлық пенен, айыпламай беретуғын Ќудайдан сорасын. Ќудай оған береди. 6 Бирақ ҳеш гүманланбастан, исеним менен сорасын. Ѳйткени гүманланған адам самал менен шайқатылып тынышсызланған теңиз толқынына уқсайды. 7 - 8 Ѳзиниң пүткил жолларында турақсыз болған, бундай еки ойлы адам Ийемизден бир нәрсе аламан, деп ойламасын. 9 Тѳмен жасайтуғын туўысқан Ќудайдың ѳзине берген мәртебеси менен мақтансын. 10 Ал бай туўысқан ѳз пәслиги менен мақтансын. Себеби бай адам даладағы гүл сыяқлы солып қалады. 11 Ќуяш шығып, жәзийрама ыссысы менен шѳпти қуўратып таслайды. Оның гүли тѳгилип, кѳркиниң гѳззаллығы жоғалады. Бай адам да усылай ѳз ислери менен солып жоқ болады. 12 Сынаўға шыдаған адам бахытлы! Ѳйткени ол сынаўдан ѳткеннен соң, Ќудайдың Ѳзин сүйетуғынларға ўәде еткен ѳмир тажын алады. 13 Азғырылыўға түскенде ҳеш ким: «Мен Ќудай тәрепинен азғырылып атырман», – демесин. Себеби Ќудай жаманлық пенен азғырыла алмайды ҳәм Оның Ѳзи де ҳеш кимди азғырмайды. 14 Бирақ ҳәр ким ѳзиниң жаман қәлеўлерине берилип, алданып азғырылады. 15 Кейин сол қәлеў ҳәмледар болып, гүнаны туўады. Ал гүна жетилисип, ѳлимди туўады. 16 Ҳәй, сүйикли туўысқанларым, алданбаңлар! 17 Ҳәр қандай жақсы ҳәм минсиз сый жоқарыдан, нурлар Єкеси болған Ќудайдан келеди. Онда ҳеш қандай ѳзгерис ямаса ѳзгериўши кѳлеңке жоқ. 18 Оның жаратқанларының арасында биринши мийўелери болыўымыз ушын, Ол Ѳз қәлеўи бойынша бизлерди ҳақыйқат сѳзи менен ѳмирге еристирди. 19 Сүйикли туўысқанларым, мынаны есте сақлаңлар: ҳәр бир адам еситиўде шаққан, сѳйлеўде ақырын, ғәзеплениўде де ақырын болсын. 20 Ѳйткени адамның ғәзеби Ќудайдың талап еткен ҳақлығын иске асыра алмайды. 21 Сонлықтан ҳәр қандай ипласлықты ҳәм ҳәмме жерди жайлап кеткен жаманлықты таслап, ѳзлериңизде егилген, жанларыңызды қутқара алатуғын Ќудайдың сѳзин кишипейиллик пенен қабыл етиңлер. 22 Сѳзди тек тыңлаўшылар болып, ѳз-ѳзиңизди алдамаңлар, оны орынлаўшылар болыңлар. 23 Егер ким де ким сѳзди тыңлап, оны орынламаса, ол ѳз тәбийғый келбетин айнада кѳрген адамға уқсайды. 24 Себеби ол ѳзин кѳрип болып, кетип қалады ҳәм қандай екенин дәрҳал умытады. 25 Бирақ азатлық бериўши минсиз нызамға анықлап қарайтуғын ҳәм ол бойынша жасайтуғын адам умытшақ тыңлаўшы болмай, оны ис жүзинде қолланады. Бундай адам ѳз ислери менен бахытлы болады. 26 Ѳзин диншил деп есаплап, тилин тыймаған адам ѳзин ѳзи алдаған болады. Оның диншиллиги бос. 27 Єкемиз Ќудайдың алдында пәк ҳәм қәтесиз диншиллик бул – жетим-жесирлерге қыйын күнлеринде жәрдем етип, ѳзин дүньяның напәкликлеринен сақлаў.
1 Ҳәй, туўысқанларым, уллы Ийемиз Ийса Масихқа исеними бар сизлер адамларды алаламаңлар. 2 Егер сизлердиң жыйналысыңызға алтын жүзикли, сәнли кийимлер кийген бир адам менен жупыны кийим кийген бир жарлы адам келсе, 3 сизлер сәнли кийим кийген адамға ҳүрмет кѳрсетип: «Сиз бул жерге, жақсы жерге отырың», ал жарлы адамға болса: «Сен ана жерде тур» ямаса: «Аяқ бетимде отыр» десеңлер, 4 араңызда алалық жасап, жаман нийетли ҳүким шығарыўшылар болып қалмайсызлар ма? 5 Ќулақ салыңлар, сүйикли туўысқанларым: Ќудай бул дүньяда жарлы болғанларды исенимде бай болыўы ҳәм Ѳзин сүйгенлерге ўәде еткен Патшалығының мийрасхорлары болыўы ушын таңламады ма? 6 Бирақ сизлер жарлыны бийабырай қылдыңыз-ғо. Сизлерге зулымлық жасап атырған байлар емес пе? Сизлерди ҳүкимханаларға сүйреп апаратуғын да байлар емес пе? 7 Сизлерге берилген қәдирли атты мазақ қылыўшылар да олар емес пе? 8 Мухаддес Жазыўдағы: «Ѳзиңди сүйгениң сыяқлы, жаныңдағы адамды да сүй», – деген баслы нызамды ҳақыйқаттан орынласаңлар, жақсы қыласызлар. 9 Бирақ адамларды алаласаңлар, гүна ислеп атырған боласызлар ҳәм Мухаддес Нызам алдында жынаятшы сыпатында жазаланасызлар. 10 Ѳйткени ким де ким Мухаддес Нызамды толығы менен орынлап, тек бир нәрседе айыплы болса, ол пүткил Мухаддес Нызамға қарсы гүнакар болады. 11 Себеби «Неке ҳадаллығын бузба», – деген Ќудай, «Адам ѳлтирме», – де деген. Егер сен неке ҳадаллығын бузбасаң да, бирақ адам ѳлтирсең, Мухаддес Нызамға қарсы жынаятшы боласаң. 12 Азатлық бериўши нызам бойынша ҳүким етилетуғынлар сыяқлы сѳйлеңлер ҳәм ис тутыңлар. 13 Ѳйткени ҳүким – реҳимсиз адамға реҳимсиз. Ал реҳим ҳүкимнен үстин. 14 Туўысқанларым, егер ким де ким исеними барлығын айтып, жақсы ислер қылмаса, не пайдасы бар? Бундай исеним оны қутқара ала ма? 15 Бир ер ямаса ҳаял туўысқанымыз жалаңаш қалып, күнделик азығына зар болса, 16 араңыздағы бириңиз оларға: «Аман-есен барың, жылының ҳәм тойың» десе, бирақ денесине керекли затлар бермесе, буннан не пайда? 17 Сол сыяқлы, ислерсиз исеним де ѳз-ѳзинен ѳли. 18 Бирақ биреў: «Сениң исенимиң бар, мениң ислерим бар. Маған ислерсиз исенимиңди кѳрсет, ал мен саған исенимимди ислерим арқалы кѳрсетейин», – дейди. 19 Сен Ќудайдың жалғыз екенине исенесең бе? Жақсы қыласаң. Жинлер де буған исенип, қалтырасады. 20 Ҳәй, ақылсыз адам, ислерсиз исенимиңниң пайдасыз екенин билиўди қәлейсең бе? 21 Бабамыз Ибрайым улы Ысақты қурбанлық шалынатуғын орынға бағышлап, ислери менен ақланбады ма? 22 Кѳрип турғаныңдай, исеними оның ислери менен ҳәрекет етти. Исеними ислери менен кәмал тапты. 23 Солай етип, «Ибрайым Ќудайға исенди ҳәм сол себепли ақланды», – деп жазылған Мухаддес Жазыў орынланып, ол Ќудайдың досты деп аталды. 24 Кѳрип турсызлар, адам тек исеними менен емес, ислери менен ақланады. 25 Сол сыяқлы, жансызларды қабыл етип, оларды басқа жолдан жиберген бузық ҳаял Раҳаб та ѳз ислери менен ақланбады ма? 26 Руўхсыз дене ѳли болғаны сыяқлы, ислерсиз исеним де ѳли.
1 Ҳәй, туўысқанларым! Кѳплериңиз муғаллим бола бермеңлер. Себеби бизлердиң, муғаллимлердиң аўырырақ ҳүким алатуғынымызды билесизлер. 2 Ҳәммемиз кѳп қәте ислеймиз. Егер ким де ким сѳйлегенде қәте қылмаса, ол пүткил денесин бойсындыра алатуғын минсиз адам болғаны. 3 Бизлерге бойсыныўы ушын, атлардың аўызларына суўлық салып, олардың пүткил денесин басқара аламыз. 4 Кемелер де соншелли үлкен болып, күшли самаллар менен жүрсе де, кемешиниң қәлеген жерине жүдә кишкене руль менен бурылады. 5 Сол сыяқлы, тил де денениң кишкене бир мүшеси болса да, кѳп мақтанады. Кишкене бир ушқын соншелли үлкен тоғайды жандырып жибере алады. 6 Тил – бул от, денемиздиң мүшелери арасында бир жаманлық дүньясы. Ол пүткил денемизди ипласлайды ҳәм ѳмиримизди жандырады. Оның ѳзи де дозақ отында жанады. 7 Ҳәр түрли ҳайўанлар, қуслар, жер баўырлаўшылар ҳәм теңиз жаныўарлары адам тәрепинен қолға үйретилген ҳәм қолға үйретилмекте. 8 Бирақ тилди ҳеш бир адам бойсындыра алмайды. Ол тоқтатып болмайтуғын жаманлық болып, ѳлтириўши зәҳәрге толы. 9 Тилимиз бенен Ийемизди, Єкемизди алғыслаймыз. Сол тилимиз бенен Ќудайға уқсатып жаратылған адамларды ғарғаймыз да. 10 Бир аўыздан ҳәм мақтаў, ҳәм ғарғыс шығады. Туўысқанларым, бундай болмаўы керек. 11 Бир булақтан ҳәм душшы, ҳәм ашшы суў шыға ма? 12 Туўысқанларым! Єнжир ағашы зәйтүн ямаса жүзим ағашы әнжир бере ала ма? Ашшы булақ та душшы суў бере алмайды. 13 Араңызда дана ҳәм түсимпаз адам ким? Бундай адам ѳз даналығын жақсы жүрис-турысы арқалы кѳрсетип, кишипейиллик пенен жақсы ислер ислеўи тийис. 14 Бирақ егер жүрегиңизде ашшы күншиллик ҳәм менменлик бар болса, онда мақтанбаңлар, ҳақыйқатқа қарсы жалған сѳйлемеңлер. 15 Бундай «даналық» жоқарыдан түспеген. Бундай «даналық» дүньядан, адам тәбиятынан, шайтаннан. 16 Ѳйткени қай жерде күншиллик ҳәм менменлик бар болса, сол жерде тәртипсизлик ҳәм ҳәр түрли жаманлық болады. 17 Бирақ жоқарыдан түскен даналық бириншиден пәк, соңынан татыў, мүләйим, бойсыныўшы, мийрим-шәпәәтке ҳәм жақсы жемислерге толы. Ол әдалатсыз ҳәм еки жүзли емес. 18 Тынышлық пенен туқым сеўип, тынышлық орнатыўшылар ҳақлық жемисин жыйнап алады.
1 Араңыздағы урыс ҳәм жәнжеллер қаяқтан келип шығады? Денелериңиздиң мүшелеринде урысып атырған қәлеўлериңизден емес пе? 2 Бир нәрсени қәлейсизлер, бирақ ерисе алмайсызлар. Сонлықтан адам ѳлтиресизлер. Күншиллик етесизлер, бирақ қәлегениңизге ерисе алмағанлықтан, жәнжеллесип урысасызлар. Сизлер Ќудайдан сорамағаныңыз ушын, алмай атырсызлар. 3 Сорасаңыз да алмай атырсызлар. Себеби жаман нийет пенен, ѳз нәпсиңизге пайдаланыў ушын сорап атырсызлар. 4 Ҳәй, опасызлар! Дүнья менен дос болыўдың Ќудайға душпанлық екенин билмейсизлер ме? Дүньяның досты болыўды қәлеген адам ѳзин Ќудайға душпан қылады. 5 Мухаддес Жазыўда: «Ќудайдың бизлерге салған Мухаддес Руўхы бизлердиң Ќудайға садық болыўымызды қатты қәлейди», – деп босқа айтылған деп ойлайсызлар ма? 6 Деген менен, Ќудайдың бизлерге беретуғын мийрими және де уллырақ. Сонлықтан Мухаддес Жазыўда: «Ќудай менменлерге қарсы турады, бирақ кишипейиллилерге Ѳз мийримин береди», – делинген. 7 Солай етип, Ќудайға бойсыныңлар! Шайтанға қарсы турыңлар, сонда ол сизлерден қашып кетеди. 8 Ќудайға жақынласыңлар, сонда Ол да сизлерге жақынласады. Ҳәй, гүнакарлар, қолларыңызды гүнадан тазалаңлар! Ҳәй, еки ойлылар, жүреклериңизди пәклеңлер! 9 Ќайғырыңлар, аза тутып, жылаңлар! Күлкиңиз азаға, қуўанышыңыз қайғыға айлансын. 10 Ийемиздиң алдында ѳзлериңизди пәс тутыңлар, Ол сизлерди мәртебели қылады. 11 Туўысқанларым, бир-бириңизди жаманламаңлар! Ѳз туўысқанын жаманлайтуғын ямаса ҳүким ететуғын адам Мухаддес Нызамға қарсы сѳйлеп, оны ҳүким еткен болады. Егер сен Мухаддес Нызамды ҳүким етсең, онда Мухаддес Нызамды орынлаўшы емес, ал оны ҳүким етиўши боласаң. 12 Нызам шығарыўшы ҳәм ҳүким етиўши – жалғыз Ќудай. Тек ғана Ол қутқарыўға ҳәм набыт қылыўға қүдиретли. Ал туўысқаныңды ҳүким ететуғындай, сен ким болыпсаң? 13 Енди «Бүгин ямаса ертең пәлен қалаға кетемиз, ол жерде бир жыл қалып, саўда-сатық ислеп, пайда кѳремиз», – дейтуғынлар, тыңлаңлар! 14 Сизлер ертең не болатуғынын билмейсизлер-ғо. Ѳмириңиздиң ѳзи не? Ол аз ўақыт кѳринип, кейин жоқ болатуғын пуў. 15 Оның орнына: «Егер Ийемиз қәлесе, жасаймыз ҳәм мынаны я ананы ислеймиз», – деп айтыўыңыз тийис. 16 Бирақ сизлер менменсип мақтанасызлар. Ҳәр қандай мақтаншақлық – жаўызлық. 17 Солай етип, ким де ким жақсылық ислеўди билсе де, оны ислемесе, гүна қылған болады.
1 Тыңлаңлар енди, ҳәй байлар, басыңызға түсетуғын бахытсызлықлар себепли ѳкирип жылаңлар! 2 Байлығыңыз ширип, кийимлериңизди күйе жеген. 3 Алтын ҳәм гүмислериңиз тат басқан. Олардың таты сизлерге қарсы гүўалық берип, денеңизди от сыяқлы жейди. Сизлер бул ақырғы күнлерде де байлық үстине байлық жыйнадыңлар. 4 Сизлер егинлериңизди орған жумысшылардың ис ҳақысын жеп қойдыңлар. Мине, сол орақшылардың дады Ќүдиретли Ийемиздиң қулағына жетти. 5 Сизлер жер жүзинде молшылықта жасап, кәйип-сапа шектиңлер. Баўызланатуғын күнде ѳзлериңизди семирттиңлер. 6 Сизлер ѳзлериңизге қарсы турмаған ҳақ адамларды ҳүким етип ѳлтирдиңлер. 7 Солай етип, туўысқанларым, Ийемиз келгенше, сабырлы болыңлар! Єне, дийхан сабырлық етип, биринши ҳәм соңғы жаўынлар жаўғанша, жердиң қымбатлы зүрәәтин күтип атыр. 8 Сизлер де сабырлы болып, беккем турыңлар! Ѳйткени Ийемиздиң келетуғын ўақты жақын. 9 Туўысқанлар, ҳүким етилмеўиңиз ушын бир-бириңизге қарсы наразылық билдирмеңлер. Мине, ҳүким етиўши Ийемиз қапы алдында тур. 10 Ҳәй, туўысқанлар, Ќудайдың атынан сѳйлеген пайғамбарлардың қыйыншылықларда сабырлық еткенинен ѳрнек алыңлар. 11 Сабырлық еткенлерди бизлер бахытлы деп есаплаймыз. Сизлер Аюптың сабырлығы ҳаққында еситтиңлер. Соңында Ийемиздиң ол ушын нелер ислегенин де билесизлер. Ийемиз жүдә мийрим-шәпәәтли ҳәм реҳимли. 12 Ҳәй, туўысқанларым! Ең баслысы, ант ишпеңлер. Я аспан менен, я жер менен, я басқа нәрсе менен ант ишпеңлер. Тек «аўа» ңыз аўа, «яғ» ыңыз яқ болсын. Сонда ҳүким етилмейсизлер. 13 Араңызда азап шегип атырған бар ма? Ол дуўа етсин. Руўхы кѳтериңки адам бар ма? Ол Ќудайға алғыс-мақтаў қосығын айтсын. 14 Араңызда аўырыў адам бар ма? Ол исениўшилер жәмәәтиниң ақсақалларын шақырсын. Олар Ийемиз Ийсаның аты менен оны май менен сылап, ол ушын дуўа етсин. 15 Исеним менен етилген дуўа аўырыўға шыпа береди ҳәм Ийемиз оны аяққа турғызады. Егер ол гүна ислеген болса, гүнасы кешириледи. 16 Солай етип, шыпа табыўыңыз ушын, бир-бириңиздиң алдыңызда гүналарыңызды мойынлаңлар ҳәм бир-бириңиз ушын дуўа етиңлер. Ҳақ адамның дуўасы жүдә күшли тәсирге ийе. 17 Илияс та бизлер сыяқлы бир адам еди. Жаўын жаўмасын деп, ол күшли дуўа еткенде, жерге үш жыл, алты ай жаўын жаўмады. 18 Ол және дуўа етти. Сонда аспаннан жаўын жаўып, жер ѳним берди. 19 Ҳәй, туўысқанларым! Араңызда бир адам ҳақыйқат жолынан адасса, бириңиз оны ҳақыйқатқа қайтарса, 20 билсин, бир гүнакарды надурыс жолдан қайтарған адам бир жанды ѳлимнен қутқарған ҳәм кѳп гүналарды жуўған болады.
1 Ийса Масихтың елшиси Петрден, Понт, Галатия, Кападокия, Азия ҳєм Битиния үлкелерине тарқалып кеткен, сол үлкелерде жат жерли болып жасаған, Кудай тєрепинен таңлап алынғанларға сєлем! 2 Ийса Масихқа бойсынып, Оның қаны үстилериңизге себилип тазаланыўыңыз ушын, Кудай Єке сизлерди єзелден-ақ таңлап алды ҳєм Мухаддес Руўх сизлерди мухаддес қылды. Сизлерге мийрим ҳєм тынышлық мол-мол етип берилсин! 3 Ийемиз Ийса Масихтың Єкеси – Кудайға алғыслар болсын! Себеби Ол Ѳзиниң шексиз мийрим-шєпєєти менен бизлерди жаңадан туўылдырды. Сонлықтан Ийса Масихтың ѳлимнен тирилиўи арқалы бизлерге жоғалмайтуғын үмит берди 4 ҳєм ширимейтуғын, пєк ҳєм ескирмейтуғын бир мийрасқа еристирди. Усы мийрас сизлер ушын аспанда сақлаўлы тур. 5 Заманның ақырында аян болыўға таяр турған қутқарылыўға ерисиўиңиз ушын, сизлер исенимиңиз арқалы Кудайдың қүдирети менен қорғалмақтасыз. 6 Усы себепли қуўанып, шадланыңлар. Ҳєзир қысқа бир ўақыт ҳєр түрли сынаўларға ушырағаныңызда азап шегиўге туўра келсе де, 7 бул исенимиңиздиң таза болыўы ушын пайдалы. Ѳйткени от пенен тазаланғанда жоқ болып кететуғын алтыннан қымбатлырақ болған исенимиңиз сынаўдан ѳтип, сизлер Ийса Масих келгенде, мақтаў, даңқ ҳєм ҳүрметке сазыўар боласызлар. 8 Сизлер Масихты кѳрмеген болсаңыз да, Оны сүйесизлер. Ҳєзир Оны кѳре алмасаңыз да, Оған исенип, сѳз бенен айтып жеткизиўге қыйын болған бир єжайып ҳєм уллы қуўаныш пенен шадланбақтасызлар. 9 Себеби исенимиңиздиң нєтийжесине, яғный жанларыңыздың қутқарылыўына ерисесизлер. 10 Сизлерге берилетуғын мийрим ҳаққында пайғамбаршылық етип айтқан пайғамбарлар бул қутқарылыў туўралы муқыятлап изленип изертледи. 11 Олардың ишинде болған Масихтың Руўхы Масихтың шегетуғын азаплары ҳєм сол азаплардан соң келетуғын уллылық ҳаққында алдын ала билдиргенде, олар булардың қай ўақытта ҳєм қалай болатуғынын изертледи. 12 Олардың изертлеп айтқанларының ѳзлериниң заманында емес, ал сизлердиң заманыңызда болатуғынын Кудай оларға ашық билдирди. Буларды, яғный Хош Хабарды аспаннан жиберилген Мухаддес Руўхтың қүдирети менен жєриялаўшылар сизлерге ҳєзир жєриялады. Ҳєтте, периштелер де буларды билиўди қатты қєлейди. 13 Солай етип, ақыл-ойыңызды ис-ҳєрекетке таярлап, сергек болыңлар. Ийса Масих келгенде сизлерге берилетуғын мийримнен толық үмит етиңлер. 14 Тил алғыш балалар сыяқлы болып, Кудайды билмеген ѳткен ѳмириңиздеги жаман қєлеўлериңиз бойынша жасамаңлар. 15 Керисинше, сизлерди шақырған Кудай мухаддес болғаны сыяқлы, сизлер де ҳєр бир ис-ҳєрекетиңизде мухаддес болыңлар. 16 Ѳйткени былай деп жазылған: «Мухаддес болыңлар, себеби Мен мухаддеспен». 17 Ҳеш кимниң бет-жүзине қарамай, ҳєр бир адамды ислерине қарай ҳүким ететуғын Кудайды «Єке» деп шақыратуғын болсаңыз, жат жерли болып жасайтуғын бул дүньядағы ѳмириңизде Кудайдан қорқып жасаңлар. 18 Хабарыңыз бар, ата-бабаларыңыздан қалған пайдасыз ѳмир тєризинен гүмис ямаса алтын сыяқлы ѳткинши нєрселер менен сатып алынбадыңлар. 19 Ал Кудайдың минсиз ҳєм кемшиликсиз Козысы болған Масихтың бийбаҳа қаны менен сатып алынып қутқарылдыңлар. 20 Кудай дүньяны жаратпастан бурын усы мақсет пенен Масихты таңлап алып, Оны бул ақырғы күнлерде сизлер ушын жиберди. 21 Оны ѳлимнен тирилтип, даңққа еристирген Кудайға Ол арқалы исенесиз. Сол себепли исенимиңиз ҳєм үмитиңиз Кудайға қаратылған. 22 Ҳақыйқатқа бойсыныў арқалы ѳз жанларыңызды гүнадан тазалағанлықтан, туўысқанларыңызды туўысқанлық сүйиспеншилик пенен сүйесизлер. Солай етип, бир-бириңизди шын жүректен сүйиңлер. 23 Сизлер ѳлетуғын нєсил арқалы емес, ал ѳлмейтуғын нєсил арқалы, яғный Кудайдың тири ҳєм мєңгилик сѳзи арқалы жаңадан туўылдыңыз. 24 Ѳйткени: «Пүткил адамзат шѳпке уқсайды, Оның барлық сєн-салтанаты да дала гүлиндей, Шѳп қуўрап қалар, гүллер тѳгилер. 25 Бирақ, Кудайдың сѳзи мєңги сақланар». Усы сѳз – сизлерге жєрияланған Хош Хабар.
1 Сонлықтан ҳєр қандай жаманлықты, ҳєр қыйлы ѳтирикти ҳєм еки жүзлиликти, күншилликти ҳєм ҳєр қандай ѳсекти қойыңлар! 2 Жаңа туўылған нєрестелердиң ана сүтине қуштар болғанындай, сизлер де руўхый таза сүт болған Кудайдың сѳзине қуштар болыңлар. Сонда азық алып ѳсип, қутқарыласызлар. 3 Себеби сизлер Ийемиздиң жақсылығын татып кѳрдиңлер. 4 Адамлар керексиз деп таслаған, бирақ Кудай тєрепинен таңланған бийбаҳа тири тасқа – Ийемиз Ийсаға келиңлер. 5 Сизлер де тири таслар сыяқлысызлар. Сонлықтан Кудай сизлерди руўхый Ибадатхана салыўда қолланып, Ийса Масих арқалы Ѳзине унайтуғын руўхый қурбанлық бериўиңиз ушын, мухаддес руўханийлер қылып атыр. 6 Ѳйткени Мухаддес Жазыўда былай делинген: «Мине, Мен Ѳзим таңлаған бийбаҳа бир тасты, мүйешке қойылатуғын тийкарғы тасты Ерусалимде орнатаман. Оған исенген адам ҳеш қашан уятқа қалмайды». 7 Исенетуғын сизлер ушын бул тас қымбатлы. Ал исенбейтуғынлар ушын Ол: «Курылысшылар керексиз деп таслаған тас, Үйдиң мүйешиниң тийкарғы тасы болды». 8 Жєне де, «сүрниктиретуғын ҳєм қулататуғын жартас болды». Исенбейтуғынлар Кудайдың сѳзин тыңламағаны ушын сүрнигеди. Бул олардың тєғдирине жазылған. 9 Бирақ сизлер Кудай тєрепинен таңланған адамлар, Патшаның руўханийлери, мухаддес миллет ҳєм Кудайға тийисли халықсыз. Сизлер ѳзлериңизди қараңғылықтан Ѳзиниң єжайып нурына шақырған Кудайдың таң қаларлық ислерин жєриялаў ушын таңландыңлар. 10 Бир ўақытлары Кудайдың халқы емес едиңлер. Бирақ енди Кудайдың халқысыз. Бир ўақытлары Кудайдың мийрим-шєпєєтин билмеген едиңлер, енди болса, Оның мийрим-шєпєєтин алдыңлар. 11 Сүйикли туўысқанларым, бул дүньяда жат жерли ҳєм қонақ болған сизлерге жалбарынаман, жаныңызға ҳєр қашан қарсы туратуғын денениң жаман қєлеўлеринен қашыңлар. 12 Исенбейтуғынлар арасында ҳадал ѳмир сүриңлер. Олар сизлерди жаманлық ислеўшилер, деп айыпласа да, жақсы ислериңизди кѳрип, Кудай келетуғын күни Оны алғыслайды. 13 Ийемиз Ийса ушын, адамлар орнатқан ҳєр қандай ҳєкимшиликке бойсыныңлар. Жоқары бийликке ийе патшаға ҳєм 14 жаманлық ислеўшилерди жазалаў, жақсылық ислеўшилерди хошаметлеў ушын патша тєрепинен жиберилген ҳєкимлерге бойсыныңлар. 15 Себеби Кудай сизлердиң жақсы ислериңиз арқалы ақылсыз адамлардың ѳсек сѳзлериниң тоқтаўын қєлейди. 16 Ал сизлер азат адамларсыз. Бирақ азатлығыңызды жаманлық ислеў ушын пайдаланбай, Кудайдың қуллары болып жасаңлар. 17 Ҳємме адамларға ҳүрмет кѳрсетиңлер. Исениўши туўысқанларыңызды сүйиңлер. Кудайдан қорқыңлар, патшаны сыйлаңлар. 18 Ҳєй қуллар, хожайынларыңызға бойсыныңлар! Олардың тек жақсы ҳєм мийримлилерин ғана емес, ал қаталларын да толық ҳүрмет етип, бойсыныңлар. 19 Егер ким де ким наҳақ азап шеккенде Кудайды ойлап, азапларға шыдаса, бул Кудайға унайды. 20 Егер гүна ислегениңиз ушын таяқ жегениңизде шыдасаңыз, бул сизлерге абырай єперер ме екен? Бирақ, жақсылық ислей тура азап шеккениңизде шыдасаңыз, бул Кудайға унайды. 21 Ѳйткени Кудай сизлерди усы ушын шақырды. Масихтың Ѳзи сизлер ушын азап шегип, Оның изинен жүриўиңиз ушын ѳрнек кѳрсетти. 22 «Ол гүна ислемеди, аўзынан ҳеш жалған сѳз де шықпады». 23 Масқараланғанда ҳеш кимге масқаралаў менен жуўап қайтармады. Ол азап шеккенде де ҳеш кимди қорқытпады, ал Ѳзин єдиллик пенен ҳүким етиўши Кудайдың қолына тапсырды. 24 Бизлердиң гүна ушын ѳлип, ҳақ болып жасаўымыз ушын, Ол гүналарымызды атанақ ағашта Ѳз денесине жүкледи. Оның жарақатлары арқалы шыпа таптыңыз. 25 Бурын адасқан қойлар сыяқлы едиңиз, енди болса, жанларыңыздың Шопанына ҳєм Бағыўшысына қайтып келдиңлер.
1 - 2 Ҳєй ҳаяллар, Масих Кудайға бойсынғандай, сизлер де күйеўлериңизге бойсыныңлар. Сонда олардың гейбиреўлери Кудайдың сѳзине қулақ аспаса да, сизлердиң Кудайдан қорқып, пєк ѳмир сүрип атырғаныңызды кѳрип, сѳзлериңиз арқалы емес, ал сиз, ҳаяллардың үлгили ѳмириңиз арқалы қолға киргизилип, исениўши болады. 3 Сулыўлығыңыз тек сыртқы безениўлерден: єшекѳйленген шашлар, тағылған алтынлар ҳєм сєнли кийимлерден ғана ибарат болмасын. 4 Ал сулыўлығыңыз сырлы болған ишки дүньяңыздан, яғный жумсақ ҳєм тыныш болған жоғалмайтуғын руўхый гѳззаллықтан ибарат болсын. Бул Кудай алдында жүдє қымбатлы. 5 Ѳтмиште Кудайдан үмит еткен мухаддес ҳаяллар да ѳз күйеўлерине бойсынып, усылай безенген. 6 Солардың бири Сара да ѳз күйеўи Ибрайымды «хожайыным» деп атап, оған бойсынды. Егер сизлер де жақсылық ислеп, ҳеш қандай қорқынышқа берилмесеңиз, Сараның қызлары боласызлар. 7 Ҳєй күйеўлер, сол сыяқлы сизлер де ҳаялларыңызды жақсы түсинип жасаңлар. Олардың нєзик екенин ҳєм мєңгилик ѳмирди сизлер менен бирге мийрас етип алатуғынын билип, оларды ҳүрмет етиңлер. Солай етсеңиз, дуўа еткениңизде тосқынлық болмайды. 8 Жуўмақластырып айтқанда, ҳєммеңиз бир нийет пенен бирлесиңлер. Басқалардың қуўаныш ҳєм қайғысын бѳлисиңлер. Бир-бириңизди туўысқанларша сүйиңлер. Кайырқом ҳєм кишипейил болыңлар. 9 Жаманлыққа жаманлық, ғарғысқа ғарғыс пенен жуўап қайтармаңлар. Керисинше, жақсылық пенен жуўап қайтарыңлар. Себеби Кудай сизлерди бул ушын шақырған. 10 «Ким де ким ѳмирди сүйип, жақсы күнлер келиўин қєлесе, тилин жаман сѳзден, аўзын ѳтирик сѳз айтыўдан тыйсын. 11 Жаманлықтан қашып, жақсылық ислесин. Тынышлық излеп, оны орнатыўға умтылсын. 12 Ѳйткени Кудайдың кѳзлери ҳақ адамларда, Оның қулағы олардың жалбарыныўларын еситеди. Бирақ Кудай жаманлық ислейтуғынларға қарсы турады». 13 Жақсылық ислеўге инталы болсаңыз, ким сизлерге жаманлық ислейди? 14 Ҳақ ислериңиз ушын азап шегип атырған болсаңыз, сизлер бахытлысызлар! Адамлардың қорқытқанынан қорқпаңлар ҳєм қєўетерленбеңлер. 15 Масихты «Ийемиз» деп, кеўиллериңизде айрықша қєстерлеңлер. Сизлердеги үмит ҳаққында сораған ҳєр бир адамға жуўап бериўге ҳємме ўақыт таяр болыңлар. 16 Деген менен, буны мүлєйимлилик пенен, ҳүрмет кѳрсетип ислеңлер. Масихқа тийисли болған сизлердиң жақсы жүрис-турысыңызды жаманлап мазақ ететуғынлар уялып қалыўы ушын, ҳүжданыңызды таза тутыңлар. 17 Жақсылық етип азап шегиў Кудайдың қєлеўи болса, бул жаманлық ислеп азап шегиўден жақсырақ. 18 Масихтың Ѳзи де ҳақ бола тура, наҳақлар ушын азап шекти. Ол бизлерди Кудайға алып келиў ушын, гүналарымыз ушын бир мєртебе қурбан болды. Денеси ѳлтирилсе де, Ол руўхта тирилди. 19 Ол, ҳєтте, қамақта болған руўхларға да барып, Ѳз жеңисин жєриялады. 20 Єййемги ўақытлары Нухтың заманында кеме соғылғанда, Кудай адамлардың тєўбе етиўин сабырлылық пенен күтсе де, олар Оған бойсынбаған еди. Сол кемеге аз ғана адам, яғный сегиз адам минип, суўдан қутқарылды. 21 Бул – Ийса Масихтың қайта тирилиўи арқалы ҳєзир сизлерди қутқаратуғын суўға шомылдырылыўдың тымсалы. Суўға шомылдырылыў денени кирден тазалаў емес, ал Кудайдан пєк ҳүждан сораў дегенди билдиреди. 22 Масих аспанға кѳтерилип, Кудайдың оң жағында отыр. Оған периштелер, аспандағы бийлеўшилер ҳєм күш ийелери бойсынды.
1 Солай етип, Масих денеси менен азап шекти. Сизлер де Масихта болған ойлар менен ѳзлериңизди азап шегиўге таярлаңлар. Себеби денеси азап шегип атырған адам гүна ислеўди тоқтатады. 2 Буннан былай, дүньядағы ѳмириңиздиң қалған бѳлегинде адамның жаман қєлеўлери бойынша емес, ал Кудайдың ерки бойынша жасаңлар. 3 Сизлердиң ѳткен ѳмириңизде исенбейтуғын адамларға жағатуғын єдетлерди ислеп жасағаныңыз жетер! Сол ўақытлары сизлер бузықшылыққа, жаман қєлеўлерге, мєскүнемликке, айшы-єширетке, нєпсиқаўлыққа ҳєм жеркенишли бутпаразлыққа берилип, ѳмир сүрген едиңлер. 4 Енди болса, исенбейтуғынлар сизлердиң олар менен бирликте усындай нєпсиқумарлықта қатнаспағаныңыз себепли ҳайран болып, сизлерди мазақ етип атыр. 5 Бирақ олар буның ушын тирилер менен ѳлилерди ҳүким етиўге таяр турған Кудай алдында жуўап береди. 6 Сол себепли, ѳлилердиң денеси басқалар қатары ѳлип жазаланса да, руўхы Кудай сыяқлы жасаўы ушын, Хош Хабар ѳлилерге де жєрияланды. 7 Ҳємме нєрсениң ақыры жақын. Сонлықтан дуўа етиў ушын ақыл менен ис тутып, сергек болыңлар! 8 Ең баслысы, бир-бириңизди шын жүректен сүйиңлер. Ѳйткени сүйиспеншилик кѳп гүналарды жуўады. 9 Наразылық билдирмей, бир-бириңизге миймандос болыңлар. 10 Ҳєр бириңиз жақсы хызметши сыпатында Кудайдың сизлерге мийримлилик пенен берген ҳєр түрли руўхый сыйларын қоллана отырып, бир-бириңизге хызмет етиңлер. 11 Адамлар алдында сѳйлеген адам Кудайдың сѳзине сай сѳйлесин. Басқаларға хызмет ететуғын адам Кудайдың берген күши менен хызмет етсин. Усылайынша, Ийса Масих арқалы Кудай ҳєр бир исте алғыслансын. Уллылық ҳєм қүдирет мєңгиге Масихтики. Аўмийин. 12 Сүйикли туўысқанларым, сизлерди сынаў ушын келетуғын аўыр азапты таң қаларлық нєрсе деп, ҳайран болмаңлар. 13 Керисинше, Масихтың азапларына шерик болғаныңызға қуўаныңлар. Солай етип, Масих салтанат пенен келгенде, қуўанып шадланасызлар. 14 Масихтың аты ушын масқараланып атырған болсаңыз, сизлер бахытлысызлар! Себеби Кудайдың уллы Руўхы үстиңизде болады. 15 Жєне ҳеш бириңиз адам ѳлтириўши, уры, жаманлық ислеўши ямаса басқалардың жумысына араласып, кесент беретуғын болып, азап шекпесин. 16 Бирақ сизлер масихый болғаныңыз ушын азап шегип атырған болсаңыз, уялмаңлар. Ал бул ат пенен аталатуғыныңыз ушын Кудайды алғыслаңлар. 17 Ѳйткени ҳүким шығарылатуғын ўақыт жетип келди. Ҳүким шығарыўды Кудай Ѳз шаңарағынан баслайды. Егер бул Кудайдың шаңарағы болған бизлерден басланса, Кудайдың Хош Хабарына қулақ аспайтуғынлардың ақыры қандай болады? 18 «Егер ҳақ адам зорға қутқарылса, Кудайсыз ҳєм гүнакар адамға не болады?» 19 Сонлықтан Кудайдың еркине бойсынып, азап шеккенлер жақсылық ислеп, жанларын исенимли Жаратқанға тапсырсын.
1 Араңыздағы жємєєт ақсақалларына олардай жємєєт ақсақалы болған мен, Масихтың шеккен азапларының гүўасы ҳєм Ол қайтып келгенде ашық кѳринетуғын салтанатының шериклеси сыпатында мыналарды ѳтиниш етемен: 2 Кудайдың сизлерге тапсырған сүриўин мєжбүрий түрде емес, ал шын кеўилден, Кудайдың еркине сай қылып бағыңлар. Буны ақша ушын пайдакүнемлик пенен емес, ал ѳз қєлеўиңиз бенен ислеңлер. 3 Ѳзлериңизге тапсырылған адамларға үстемлик етпей, сүриўге үлги болыңлар. 4 Солай етсеңиз, бас Шопан келгенде, мєңги уллылықтың тажын аласызлар. 5 Ҳєй жаслар, сол сыяқлы сизлер де ақсақалларға бойсыныңлар. Ҳєммеңиз бир-бириңиз бенен кишипейил қатнаста болыңлар. Себеби: «Кудай менменлерге қарсы турады, Бирақ кишипейиллилерге Ѳз мийримин береди». 6 Сонлықтан ѳзлериңизди Кудайдың қүдиретли қолы астында пєс тутыңлар. Сонда белгиленген ўақыт келгенде, Ол сизлерди мєртебели етеди. 7 Барлық ғам-тєшиўишлериңизди Оған тапсырыңлар. Ѳйткени Ол сизлерге ғамхорлық қылады. 8 Сақ ҳєм сергек болыңлар. Душпаныңыз шайтан кимди жутсам екен деп, ақырған арысландай болып гезип жүр. 9 Исенимде беккем болып, шайтанға қарсы турыңлар. Себеби дүньяның басқа жерлериндеги туўысқанларыңыздың бирдей азап шегип атырғанынан хабарыңыз бар. 10 Пүткил мийримниң тийкары болған Кудай сизлерди Ийса Масих арқалы Ѳзиниң мєңгилик салтанатына шақырды. Кысқа ўақыт азап шеккениңизден соң, Ол сизлерди Ѳзи жетилистиреди, беккемлейди, күш-қуўат береди ҳєм тыянақлы қылады. 11 Күдирет мєңгиге Оныки болсын! Аўмийин. 12 Мен сизлерге усы қысқаша хатымды ѳзим исенимли туўысқаным деп есаплайтуғын Силаға жаздырып атырман. Сизлерди жигерлендирип, бул хатта айтқанларымның Кудайдың ҳақыйқый мийрими екени ҳаққында гүўалық беремен. Усы мийрим менен беккем турыңлар. 13 Сизлер менен бирге таңланған Бабилондағы исениўшилер жємєєти ҳєм тутынған улым Марк сизлерге сєлем айтып атыр. 14 Бир-бириңизди сүйиспеншилик пенен сүйип, сєлемлесиңлер. Масихқа тийисли болған сизлердиң ҳєммеңизге тынышлық яр болсын!
1 Ийса Масихтың қулы ҳєм елшиси Симон Петрден, Кудайымыз ҳєм Кутқарыўшымыз Ийса Масихтың ҳақлығы арқалы бизлер алған қымбатлы исенимге тең исенимди сыйға алғанларға сєлем! 2 Кудайды ҳєм Ийемиз Ийсаны ҳақыйқаттан билип барыўыңыз арқалы сизлерге мийрим ҳєм тынышлық мол-мол етип берилсин! 3 Кудайлық қүдиретке ийе Ийса Масих Ѳзин билиўимиз арқалы жасаўымыз ҳєм Кудайдың жолы менен жүриўимиз ушын бизлерге керекли болған ҳємме нєрсени берди. Ол бизлерди Ѳз уллылығын ҳєм ийгилигин алыўымыз ушын шақырды. 4 Кудай Ѳз уллылығы ҳєм ийгилиги арқалы бизлерге жүдє үлкен ҳєм қымбатлы ўєделер берди. Солай етип, бул ўєделер себепли сизлер дүньядағы жаман қєлеўлерден қутылып, қудайлық тєбиятқа шерик боласызлар. 5 Сонлықтан сизлер бар күшиңизди сарп етип, исенимиңизге жақсылықты, жақсылыққа билимди, 6 билимге нєпсини тыйыўды, нєпсини тыйыўға сабырлылықты, сабырлылыққа Кудайға бағышланыўды, 7 Кудайға бағышланыўға туўысқанлық сүйиспеншиликти, туўысқанлық сүйиспеншиликке сүйиспеншиликти қосып арттырыңлар. 8 Егер бул жақсы қєсийетлер сизлерде бар болып, артып атырған болса, онда Ийемиз Ийса Масихты билиўде табыссыз ҳєм жемиссиз болмайсыз. 9 Бул жақсы қєсийетлерге ийе болмаған адам узақты кѳре алмайтуғын соқыр адам болғаны. Ол бурынғы гүналарынан тазаланғанын умытқан адам демек. 10 Сонлықтан ҳєй туўысқанларым, Кудайдың сизлерди шақырғаны ҳєм таңлап алғаны ҳақыйқат екенин кѳрсетиў ушын, еле де күш-ғайрат салыңлар. Усылай ислесеңиз, ҳеш қашан сүрникпейсиз. 11 Солай етип, Ийемиз ҳєм Кутқарыўшымыз Ийса Масихтың мєңгилик Патшалығына кириў жолы сизлерге кең ашылады. 12 Сол себептен сизлер буларды билип, ѳзиңиздеги ҳақыйқатты беккем тутсаңлар да, мен усыларды сизлерге ҳємме ўақыт еслетип турыўға таярман. 13 Бул денеде жасаған ўақтымда ядыңызда болған нєрселерди еслетип турыўды дурыс деп таптым. 14 Ѳйткени Ийемиз Ийса Масихтың маған билдириўи бойынша, бул денеден айырылатуғын ўақтымның жақын екенин билемен. 15 Мен бул дүньядан кеткенимнен соң да буларды ҳємме ўақыт еслеп тура алыўыңыз ушын, жан-тєним менен тырысаман. 16 Бизлер Ийемиз Ийса Масихтың қүдиретин ҳєм қайта келиўин сизлерге мєлим еткенимизде, ядтан ойлап табылған аңызларға тийкарланбадық. Ал Оның уллылығын ѳз кѳзлеримиз бенен кѳрген едик. 17 Себеби қүдиретли ҳєм уллы Кудайдан Ийсаға: «Бул – Мениң сүйикли Улым, Мен Оған ырзаман», – деген саза еситилгенде, Ол Кудай Єкеден даңқ ҳєм салтанат алды. 18 Оның менен бирге мухаддес таўда болғанымызда, аспаннан келген усы сазаны бизлер де еситтик. 19 Жєне бизлерде еле де исенимлирек болған пайғамбарлардың сѳзлери бар. Таң атып, таң жулдызы жарқырағандай, жүреклериңиз толық түсиник алатуғын күнге дейин қараңғы жерде нурын шашқан шыраға уқсаған пайғамбарлардың сѳзлерине дыққат аўдарсаңыз, жақсы қыласызлар. 20 Алды менен мынаны билип қойыңлар: Мухаддес Жазыўда болған ҳеш бир пайғамбаршылық сѳзин ҳеш кимге ѳз бетинше түсиндириўге болмайды. 21 Ѳйткени ҳеш бир пайғамбаршылық сѳзи адамның қєлеўи менен айтылған емес. Ал Мухаддес Руўх тєрепинен басқарылған адамлар Кудайдың сѳзлерин айтқан.
1 Бирақ, бурын Израил халқы арасында жалған пайғамбарлардың болғаны сыяқлы, сизлердиң араңызда да жалған устазлар болады. Олар араңызға жасырын түрде азғын тєлийматлар киргизип, ҳєтте, ѳзлерин Ѳз қанын тѳлеп сатып алған Ийесин де тєн алмайды. Солай етип, бундайлардың ис-ҳєрекети оларды тез арада набыт болыўға алып келеди. 2 Кѳп адамлар олардың бузықлығына ереди. Олар себепли ҳақыйқат жолына тил тийеди. 3 Олар нєпсиқаўлық пенен, ѳзлери ойлап тапқан жалған сѳзлер айтып, сизлерден пайдаланады. Олардың ҳүкими єўелден-ақ таяр турған болып, олар кѳп кешикпей набыт етиледи. 4 Себеби Кудай гүна ислеген периштелерди де аямаған. Оларды ҳүким етилетуғын күнге дейин сақлансын деп, тас түнек дозаққа ылақтырып, қараңғылыққа қамап қойыпты. 5 Кудай қудайсызлардың дүньясына суў тасқынын жибергенде, єййемги дүньяны да аямады. Бирақ, ҳақыйқатлық жаршысы болған Нухты ҳєм оннан басқа жети адамды аман сақлап қалды. 6 Содом ҳєм Гомора қалаларын да ҳүким етип, күлге айландырды. Бул арқалы келешекте қудайсызлардың басына түсетуғынларды мысал етип кѳрсетти. 7 Ал ар-намыссыз адамлардың бузықлығынан азап шеккен ҳақ адам Лутты Кудай қутқарды. 8 Олардың арасында жасаған бул ҳақ адамның олардың наҳақ ислерин кѳрип ҳєм еситип турып, пєк кеўли күн сайын қыйналатуғын еди. 9 Солай етип, Кудай Ѳз жолы менен жүретуғын адамларды қыйыншылықлардан қалай қутқарыўды ҳєм наҳақ адамларды ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнине дейин қалай сақлап, жазалаўды биледи. 10 Єсиресе ѳзиниң гүнакар тєбиятының бузық қєлеўлерине берилип, Кудайдың бийлигин менсинбейтуғын наҳақ адамлардың тєғдири усылай болады. Сол сыяқлы, уятсыз ҳєм ѳжет адамлар болған жалған устазлар уллылыққа ийе болғанларға тил тийгизиўден қорқпайды. 11 Периштелердиң күш ҳєм қүдирети жалған устазлардан анағурлым уллырақ болса да, периштелер Кудай алдында оларды масқаралап айыпламайды. 12 Бирақ бул жалған устазлар ѳзлери түсинбейтуғын затларға тил тийгизеди. Услап алынып набыт қылыныў ушын туўылған санасыз ҳєм тєбийғый сезим бойынша жасайтуғын ҳайўанлардай болған олар сол ҳайўанлар сыяқлы набыт болады. 13 Олар ислеген жаман ислерине ылайық жаза алады. Булар күндиз айшы-єширетке берилиўди ѳмирдиң мазмуны деп биледи. Сизлердиң жүзиңизди қара қылып, дақ түсиретуғын бул адамлар сизлер менен бирге зыяпатта отырғанда, ѳз ѳтиригинен рєҳєтленеди. 14 Олардың кѳзлери бузықшылыққа толған болып, олар үзликсиз гүна ислейди. Исеними ҳєлсиз адамларды жолдан азғыратуғын бул адамлар – нєпсиқаў ҳєм ғарғыс урған адамлар. 15 Туўры жолды таслап адасқан олар наҳақ жол менен пайда кѳриўди жақсы кѳрген Босор улы Балаамның жолын тутты. 16 Бирақ ол ислеген гүнасы ушын єшкара етилген еди: тилсиз ешек тилге кирди, ол адамдай болып сѳйлеп, пайғамбардың ақылсыз исине тосқынлық жасаған еди. 17 Бул адамлар суўсыз булақлар, даўыл айдаған думан. Олар ушын тас түнек қараңғылық таяр тур. 18 Ѳйткени олар надурыс жол менен жүретуғын адамлардан жаңа ғана қутылғанларды бос ҳєм лап сѳзлер менен алдап, гүнакар тєбияттың бузық қєлеўлерине баслайды. 19 Ѳзлери азғынлықтың қулы бола тура, оларға азатлықты ўєде етеди. Себеби адам неден жеңилсе, соның қулы болады-ғо. 20 Адамлар Ийемиз ҳєм Кутқарыўшымыз Ийса Масихты билип, дүньяның напєкликлеринен қутылғаннан соң, жєне сол нєрселердиң дузағына түсип, олардан жеңилсе, онда кейинги аўҳалы бурынғыдан да бетер болады. 21 Ѳйткени ҳақыйқатлық жолын билгеннен соң, берилген мухаддес буйрықтан жүз бурғаннан гѳре, бул жолды ҳеш билмеген олар ушын жақсырақ болар еди. 22 Олардың ѳмиринде ушырасатуғын бундай аўҳалға мына нақыл сѳзлер туўры келеди: «Ийт ѳз қусығына қайтады, Шошқа жуўындырылғаннан соң, Барып батпаққа аўнайды».
1 - 2 Сүйикли туўысқанларым, бул мениң сизлерге жазып атырған екинши хатым. Мен еки хатымда да мухаддес пайғамбарлардың алдын ала айтқан сѳзлери ҳєм Кутқарыўшы Ийемиздиң елшилери арқалы берген буйрығын еске түсириўиңиз ушын сизлерде пєк ой-пикирлерди оятыўға ҳєрекет еттим. 3 Ең алды менен мынаны билип қойыңлар: дүньяның ақырғы күнлеринде ѳз жаман қєлеўлерине еретуғын мазақ етиўшилер пайда болады. Олар сизлерди мазақ қылып: 4 «Ийеңиздиң қайтып келемен деген ўєдеси қєне? Ата-бабаларымыз дүньядан ѳткеннен бери, ҳємме нєрсе қалай жаратылған болса, еле солай турыпты-ғо», – дейди. 5 Себеби олар Кудайдың сѳзи менен аспанның жүдє єййемги ўақытларда бар болғанын ҳєм жердиң суў арқалы суўдан жаратылғанын жортаға билмегендей болады. 6 Сол ески дүнья да усы суў тасқынынан набыт болған еди. 7 Ал ҳєзирги аспан ҳєм жер болса, отта жаныў ушын Кудайдың сол сѳзи менен сақланып, қудайсыз адамлардың ҳүким етилип набыт болатуғын күнине шекем қорғалып турыпты. 8 Сүйикли туўысқанларым, бирақ тек мынаны естен шығармаңлар: Ийемиздиң нєзеринде бир күн мың жылдай, мың жыл бир күндей. 9 Айырымлар кешикти деп есаплағандай, Ийемиз ўєдесин орынлаўды кешиктирип атырған жоқ. Керисинше, Ол ҳеш кимниң набыт болыўын қєлемей, ҳєр бир адам тєўбе етсин деп, сизлер ушын сабырлылық пенен күтип турыпты. 10 Деген менен, Ийемиздиң қайтып келетуғын күни уры сыяқлы күтилмегенде келеди. Сол күни аспан уллы гүрсилди менен жоқ болады, аспан денелери жанып кетеди, жер ҳєм жер бетиндеги ҳєр бир нєрсе жанып күлге айланады. 11 Ҳємме нєрсе усы тєризде жоқ болып кететуғын болса, сизлер қандай адамлар болыўыңыз зєрүр? Сизлер мухаддес болып жасап, Кудайдың жолы менен жүриўиңиз керек. 12 Кудайдың күниниң келиўин сағына күтип, оның келиўин тезлетиўиңиз лазым. Ѳйткени сол күни аспан жанып жоқ болады, аспан денелери де күшли ыссыдан ерип кетеди. 13 Бирақ бизлер Кудайдың ўєдеси бойынша ҳақлық орнаған жаңа аспан менен жаңа жерди күтемиз. 14 Сонлықтан, ҳєй сүйикли туўысқанларым, усыларды күтип жүрген екенсиз, Кудайдың алдында кемшиликсиз ҳєм минсиз болыўға бар күшиңиз бенен ҳєрекет етип, тыныш жасаңлар. 15 Сүйикли туўысқанымыз Павелдиң де ѳзине берилген даналығы менен сизлерге жазғанындай, Ийемиздиң сабырлылығын қутқарылыў пурсаты деп есаплаңлар. 16 Павел барлық хатларында усы ҳаққында сѳз етеди. Оның хатларында түсиниўге қыйын болған базы бир жерлер бар. Надан ҳєм тыянақсыз адамлар басқа Мухаддес Жазыўларды бурмалағаны сыяқлы, буларды да бурмалайды. Усы ис-ҳєрекетлери оларды набыт болыўға алып келеди. 17 Солай етип, ҳєй сүйикли туўысқанларым, буларды алдын ала билип қойыңлар, ар-намыссыз адамларға ерип, ѳзлериңиздиң беккем негизиңизди жойтып қоймаўыңыз ушын сақ болыңлар. 18 Ийемиз ҳєм Кутқарыўшымыз Ийса Масихтың мийримине бѳленип, Оны билиўде ѳсип барыңлар. Ҳєзир ҳєм мєңгиге Оған даңқ болсын! Аўмийин.
1 Ең бастан бар болған ѳмир Сѳзи ҳаққында: Оны еситкенимизди, ѳз кѳзлеримиз бенен кѳргенимизди ҳєм анықлап кѳрип, Оған қолларымызды тийгизгенимизди сизлерге жєриялап атырмыз. 2 Ѳмир ашық кѳринди, бизлер Оны кѳрдик ҳєм Ол туўралы гүўалық берип атырмыз. Єке менен бирге болып, бизлерге кѳринген мєңгилик Ѳмирди сизлерге жєриялап атырмыз. 3 Сизлер де бизлер менен қарым-қатнаста болыўыңыз ушын, кѳргенимизди ҳєм еситкенимизди сизлерге жєриялап атырмыз. Бизлердиң қарым-қатнасымыз болса, Єке ҳєм Оның Улы Ийса Масих пенен болады. 4 Буларды сизлерге қуўанышымыз толы болыўы ушын жазып атырмыз. 5 Ийса Масихтан еситип, сизлерге жєриялап атырған хабарымыз бул: Кудай – нур, Онда ҳеш қандай қараңғылық жоқ. 6 Егер Оның менен қарым-қатнастамыз деп, қараңғылықта жүрген болсақ, жалған сѳйлеп, ҳақыйқат бойынша жасамаған боламыз. 7 Бирақ Кудайдың Ѳзи нурда болғаны сыяқлы, бизлер де нурда жүрсек, бир-биримиз бенен қарым-қатнаста боламыз ҳєм Оның Улы Ийсаның қаны бизлерди ҳєр қандай гүнадан тазалайды. 8 Гүнамыз жоқ десек, ѳз-ѳзимизди алдаған боламыз ҳєм бизлерде ҳақыйқатлық болмайды. 9 Егер гүналарымызды мойынласақ, садық ҳєм ҳақ Кудай гүналарымызды кеширип, бизлерди ҳєр қандай жаманлықтан тазалайды. 10 Егер гүна ислемедик десек, Кудайды ѳтирикши қылып қоямыз ҳєм бизлерде Оның сѳзи болмайды.
1 Ҳєй, балаларым! Мен буларды сизлерге гүна ислемеўиңиз ушын жазып атырман. Бирақ егер биримиз гүна ислеп қойсақ, Єкениң алдында Жақлаўшымыз, ҳақ болған Ийса Масих бар. 2 Ол бизлердиң гүналарымыздың кеширилиўи ушын қурбан болды. Ол тек бизлердиң емес, ал пүткил дүньяның гүналары ушын бағышланған қурбанлық болды. 3 Егер Кудайдың буйрықларын орынласақ, Оны билетуғынымызды усы арқалы билип аламыз. 4 «Оны билемен» деп, Оның буйрықларын орынламаған адам ѳтирикши, онда ҳақыйқатлық жоқ. 5 Бирақ Кудайға деген сүйиспеншилик Оның сѳзин орынлаған адамда ҳақыйқаттан кємал табады. Кудай менен бирге екенимизди усы арқалы билип аламыз. 6 «Кудай менен биргемен» деген адам Ийса сыяқлы жасаўы шєрт. 7 Ҳєй, сүйикли туўысқанларым, сизлерге жаңа буйрықты емес, єзелден ѳзлериңиз қабыл еткен ески буйрықты жазып атырман. Бул ески буйрық – сизлер еситкен Кудайдың сѳзи. 8 Бирақ сизлерге жєне жаңа буйрық та жазып атырман. Буның ҳақыйқат екени Масих ҳєм сизлер арқалы кѳринип атыр. Себеби қараңғылық ѳтип баратыр, ал ҳақыйқый нур єлле қашан жарқырап тур. 9 «Нурдаман» деп, туўысқанын жек кѳретуғын адам еле қараңғылықта болады. 10 Туўысқанын сүйген адам нурда жасайды ҳєм онда сүрнигиўге себеп болмайды. 11 Бирақ, туўысқанын жек кѳриўши қараңғылықта болады. Ол қараңғылықта жүрип, қаяққа баратырғанын билмейди. Ѳйткени қараңғылық оның кѳзлерин соқыр еткен. 12 Балаларым, сизлерге жазып атырман. Себеби Ийсаның аты арқалы гүналарыңыз кеширилди. 13 Єкелер, сизлерге жазып атырман. Ѳйткени сизлер ең бастан бар Болғанды билесизлер. Жаслар, сизлерге жазып атырман. Себеби сизлер шайтанды жеңдиңиз. Балаларым, сизлерге жаздым. Ѳйткени сизлер Єкени билесизлер. 14 Єкелер, сизлерге жаздым. Себеби сизлер ең бастан бар Болғанды билесизлер. Жаслар, сизлерге жаздым. Ѳйткени сизлер күшлисиз ҳєм сизлерде Кудайдың сѳзи болып, сизлер шайтанның үстинен жеңиске еристиңиз. 15 Дүньяны ҳєм дүньядағы нєрселерди сүймеңлер. Ким де ким дүньяны сүйсе, онда Єкеге деген сүйиспеншилик жоқ. 16 Себеби дүньяда болған ҳєр бир нєрсе: денениң қєлеўлери, кѳздиң қєлеўлери ҳєм ѳмирдеги менменлик Єкеден емес, дүньядан. 17 Дүнья ҳєм оның қєлеўлери ѳтип кетеди, бирақ Кудайдың еркин орынлаған адам мєңги жасайды. 18 Балаларым, бул соңғы ўақыт. Масихқа қарсы турыўшының келетуғынын еситкениңиздей, єлле қашан кѳп Масихқа қарсы турыўшылар пайда болды. Соңғы ўақыт болғанын усыннан билемиз. 19 Олар арамыздан шықты, бирақ бизлерге тийисли емес еди. Егер бизлерге тийисли болғанда, бизлер менен бирге қалар еди. Олардың кеткени арқалы олардың ҳеш бириниң бизлерге тийисли емес екени мєлим болды. 20 Ал сизлер мухаддес болған Масихтан Мухаддес Руўхты алғанлықтан, ҳєммеңиз ҳақыйқатты билесизлер. 21 Мен сизлерге ҳақыйқатты билмегениңиз ушын емес, ал ҳақыйқатты ҳєм ҳеш қандай жалғанның ҳақыйқаттан емес екенин билгениңиз себепли жазып атырман. 22 Ийсаның Масих екенин тєн алмаған адам ѳтирикши болмаса, онда ким ѳтирикши? Єкени ҳєм Улды тєн алмаған адам – Масихқа қарсы турыўшы. 23 Улды тєн алмаған адамда Єке де жоқ. Ал Улды тєн алған адамда Єке де бар. 24 Єўел бастан еситкен сѳзиңизди ѳзлериңизде сақлаңлар. Егер єўел бастан еситкен сѳзиңиз сизлерде болса, сизлер де Ул ҳєм Єке менен бирге боласызлар. 25 Масихтың Ѳзи бизлерге ўєде еткен мєңгилик ѳмир – усы. 26 Буларды сизлерди азғырмақшы болып атырғанлар ҳаққында жазып атырман. 27 Бирақ сизлер Масихтың Мухаддес Руўхына ийесиз. Сизлерде Мухаддес Руўх болғанлықтан, сизлерге ҳеш кимниң үйретиўиниң ҳєжети жоқ. Масихтың Мухаддес Руўхы сизлерге ҳєммесин үйретеди. Оның тєлими ҳақыйқый, жалған емес. Оның сизлерге үйреткени сыяқлы, Масих пенен жасаңлар. 28 Аўа, балаларым, енди Масих пенен қарым-қатнаста болып, Ол келгенде, Оның алдында уятқа қалмаўымыз ушын мєрт боламыз. 29 Кудайдың ҳақ екенин билсеңиз, ҳақ ис қылған ҳєр бир адамның да Оннан туўылғанын билиң.
1 Караңлар, Кудайдың балалары деп аталыўымыз ушын, Єке бизлерди қандай уллы сүйиспеншилик пенен сүйди! Ҳақыйқаттан да, бизлер Кудайдың балаларымыз. Дүнья Єкени билмегенликтен, бизлерди де билмей атыр. 2 Ҳєй, сүйикли туўысқанларым, бизлер енди Кудайдың балаларымыз. Бирақ қандай болатуғынымыз еле бизлерге кѳрсетилмеди. Масих келгенде, Ол сыяқлы болатуғынымызды билемиз. Ѳйткени Оның қандай екенин кѳремиз. 3 Масихтан усылай үмит еткен ҳєр бир адам Ол пєк болғаны сыяқлы, ѳзин пєклейди. 4 Гүна ислеген ҳєр бир адам нызамсызлық ислеген болады. Себеби гүнаның ѳзи – нызамсызлық. 5 Ал Масихтың гүналарымызды алып таслаў ушын келгенин билесизлер. Оның Ѳзинде гүна жоқ. 6 Оның менен жасайтуғын адам гүна ислемейди. Гүна ислеўди даўам етип атырған адам Оны кѳрмеген де, билмеген де. 7 Перзентлерим! Ҳеш кимге ѳзлериңизди алдатпаңлар. Масихтың ҳақ болғаны сыяқлы, ҳақ ис ислеген адам да ҳақ. 8 Гүна ислей беретуғын адам шайтаннан. Ѳйткени шайтан бастан баслап гүна ислеп киятыр. Сонлықтан Кудайдың Улы шайтанның ислерин жоқ қылыў ушын келди. 9 Кудайдан туўылған ҳєр бир адам гүна ислемейди, себеби Кудайдың туқымы онда болады. Ол Кудайдан туўылғанлықтан, гүна ислеўди даўам ете алмайды. 10 Кудайдың балалары менен шайтанның балаларын мынадан айырыўға болады: ҳақ ис ислемеген ҳєм туўысқанын сүймеген адам Кудайдан емес. 11 Сизлер єзелден еситкен хабар бул: бир-биримизди сүйейик! 12 Шайтанға тийисли болып, ѳз туўысқанын ѳлтирген Каинға уқсамайық. Ол не ушын туўысқанын ѳлтирди? Ѳйткени ѳзиниң ислери жаўыз, ал туўысқанының ислери ҳақ еди. 13 Ҳєй, туўысқанларым, дүнья сизлерди жек кѳрип атырған болса, ҳайран қалмаңлар. 14 Бизлер ѳзлеримиздиң ѳлимнен ѳмирге ѳткенимизди билемиз, себеби туўысқанларымызды сүйемиз. Ким де ким туўысқанын сүймесе, ол ѳли болып қала береди. 15 Туўысқанын жек кѳрген ҳєр бир адам – адам ѳлтириўши. Ҳеш бир адам ѳлтириўшиниң мєңгилик ѳмирге ийе емес екенин билесизлер. 16 Сүйиспеншиликтиң не екенин Масихтың бизлер ушын Ѳз жанын бергенинен билемиз. Сонлықтан бизлер де туўысқанларымыз ушын ѳз жанымызды бериўимиз шєрт. 17 Ким де ким дүнья-малға бай бола тура, туўысқанының жоқшылықта жасап атырғанын кѳрсе де тас баўырлық етсе, қалайынша ондай адамда Кудайдың сүйиспеншилиги болады? 18 Перзентлерим, тек сѳз ямаса тил менен емес, ал ис ҳєм ҳақыйқатлық пенен сүйейик. 19 - 20 Ҳақыйқатқа тийисли екенимизди усы арқалы билемиз. Егер кеўлимиз бизлерди айыплап атырған болса да, Кудай алдында кеўлимиз тыныш болады. Ѳйткени Кудай кеўлимизден уллы ҳєм Ол ҳємме нєрсени биледи. 21 Ҳєй, сүйикли туўысқанларым, егер кеўлимиз бизлерди айыпламаса, онда Кудайдың алдында батыр боламыз 22 ҳєм Оннан не сорасақ та аламыз. Себеби бизлер Оның буйрықларын орынлап, Оған унайтуғын нєрселерди ислеп атырмыз. 23 Оның буйрығы бул: Улы Ийса Масихтың атына исенип, Оның бизлерге буйырғанындай, бир-биримизди сүйиўимиз тийис. 24 Кудайдың буйрықларын орынлаған адам Кудайда, Кудай да онда болады. Оның бизлерде екенин Оның бизлерге берген Мухаддес Руўхы арқалы билемиз.
1 Ҳєй, сүйикли туўысқанларым, ҳєр қандай руўхқа исенбеңлер. Бирақ руўхлардың Кудайдан болғанын ямаса болмағанын билиў ушын, оларды сынап кѳриңлер. Ѳйткени дүньяда кѳп жалған пайғамбарлар пайда болды. 2 Кудайдың Руўхын мынадан билесизлер: Ийса Масихтың адам денесинде келгенин тєн алған ҳєр қандай руўх Кудайдан. 3 Ийсаны тєн алмаған ҳєр бир руўх Кудайдан емес. Бул – Масихқа қарсы турыўшының руўхы. Сизлер оның келетуғынын еситкен едиңлер. Мине, ол єлле қашан дүньяда. 4 Ҳєй, перзентлерим, сизлер Кудайдансызлар ҳєм жалған пайғамбарларды жеңдиңлер. Себеби сизлердеги Мухаддес Руўх дүньядағы руўхтан уллы. 5 Жалған пайғамбарлар дүньядан. Сол себепли, олар дүньяға тийисли сѳзлерди сѳйлейди ҳєм дүнья оларды тыңлайды. 6 Ал бизлер Кудайданбыз. Ким де ким Кудайды билсе, бизлерди тыңлайды. Ал ким де ким Кудайдан болмаса, бизлерди тыңламайды. Ҳақыйқат Руўхы менен жалған руўхты усыннан билемиз. 7 Ҳєй, сүйикли туўысқанларым, бир-биримизди сүйейик! Ѳйткени сүйиспеншилик Кудайдан. Ҳєр бир сүйиўши адам Кудайдан туўылған ҳєм Кудайды биледи. 8 Сүймейтуғын адам Кудайды билмейди. Себеби Кудай – сүйиспеншилик. 9 Кудай бизлерге деген сүйиспеншилигин былай кѳрсетти: Кудай Ѳзиниң жалғыз Улын дүньяға жиберип, бизлерге Ол арқалы ѳмир берди. 10 Мине, сүйиспеншилик – усы: бизлер Кудайды емес, ал Кудай бизлерди сүйип, Ѳз Улын бизлердиң гүналарымыздың кеширилиўи ушын қурбанлық қылып жиберди. 11 Ҳєй, сүйикли туўысқанларым! Кудай бизлерди усылай сүйген болса, бизлер де бир-биримизди сүйиўге парызлымыз. 12 Ҳеш ким ҳеш қашан Кудайды кѳрген емес. Бирақ егер бир-биримизди сүйсек, Кудай бизлерде болады ҳєм Оның сүйиспеншилиги бизлерде кємал табады. 13 Бизлердиң Онда, Оның бизлерде екенин, Оның бизлерге берген Руўхы арқалы билемиз. 14 Єке Ѳз Улын дүньяның Кутқарыўшысы қылып жибергенин бизлер кѳрдик ҳєм бул туўралы гүўалық беремиз. 15 Ким де ким Ийсаны Кудайдың Улы деп тєн алса, Кудай онда, ол да Кудайда болады. 16 Бизлер Кудайдың бизлерге деген сүйиспеншилигин билемиз ҳєм оған исенемиз. Кудай – сүйиспеншилик. Ким де ким сүйиспеншилик пенен жасаса, ол Кудайда, Кудай да онда болады. 17 Солай етип, ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде мєрт болыўымыз ушын, Кудайдың сүйиспеншилиги бизлерде кємал табады. Ѳйткени бизлер бул дүньяда Масих сыяқлы боламыз. 18 Сүйиспеншиликте қорқыў жоқ. Керисинше, минсиз сүйиспеншилик қорқыўды қуўып шығарады. Себеби қорқыў жаза менен байланыслы болады. Корқатуғын адам сүйиспеншиликте минсизликке ериспеген. 19 Бизлер бир-биримизди сүйемиз, ѳйткени дєслеп Кудай бизлерди сүйди. 20 Егер ким де ким: «Кудайды сүйемен» деп, туўысқанын жек кѳрсе, ол ѳтирикши. Себеби кѳзге кѳринетуғын туўысқанын сүймеген адам кѳзге кѳринбейтуғын Кудайды қалай сүйе алады? 21 «Кудайды сүйетуғын адам ѳз туўысқанын да сүйиўи тийис», – деген буйрықты бизлер Масихтан алғанбыз.
1 Ийсаның Масих екенине исенетуғын ҳєр бир адам Кудайдан туўылған. Єкени сүйген ҳєр бир адам Оның балаларын да сүйеди. 2 Кудайды сүйип, Оның буйрықларын орынлағанымыздан Кудайдың балаларын сүйетуғынымызды билемиз. 3 Ѳйткени Кудайдың буйрықларын орынлағанымыз Оны сүйетуғынымызды аңлатады. Оның буйрықлары аўыр емес. 4 Себеби Кудайдан туўылған ҳєр бир адам дүньяны жеңеди. Дүнья үстинен жеңиске ерискен бизлердиң исенимимиз болады. 5 Ийсаның Кудайдың Улы екенине исенетуғын адамнан басқа, ким дүньяны жеңе алады? 6 Бул – суў ҳєм қан менен келген Ийса Масих. Ол тек суў менен емес, ал суў ҳєм қан менен келди. Жєне де, гүўалық бериўши Мухаддес Руўх. Ѳйткени Мухаддес Руўх – ҳақыйқат. 7 Гүўалық беретуғынлар үшеў: 8 Мухаддес Руўх, суў ҳєм қан. Булардың үшеўиниң гүўалығы бир. 9 Бизлер адамның гүўалығын қабыл етемиз, ал Кудайдың гүўалығы оннан да уллы. Себеби бул – Кудайдың Ѳз Улы туўралы берген гүўалығы. 10 Кудайдың Улына исенетуғын адамның ѳзинде усы гүўалық бар. Ал Кудайға исенбейтуғын адам Кудайды ѳтирикши қылған болады. Ѳйткени Кудайдың Ѳз Улы туўралы берген гүўалығына исенбейди. 11 Сол гүўалық мынаў: Кудай бизлерге мєңгилик ѳмир берди ҳєм бул ѳмир Оның Улында. 12 Кудайдың Улына ийе болған адам ѳмирге ийе болады, Кудайдың Улына ийе болмаған адам ѳмирге ийе емес. 13 Мен буларды Кудайдың Улына исенген сизлерге мєңгилик ѳмирге ийе екениңизди билиўиңиз ушын жазып атырман. 14 Бизлерде Оған деген мынадай батыллық бар: Кудайдың еркине сай не сорасақ та, Ол бизлерди еситеди. 15 Егер не сорасақ та, Оның еситетуғынын билетуғын болсақ, Оннан сорағанларымызды алатуғынымызды да билемиз. 16 Егер ким де ким туўысқанының ѳлимге апармайтуғын гүна ислегенин кѳрсе, дуўа етсин. Кудай оған ѳмир береди. Буны ѳлимге апармайтуғын гүна ислегенлер ҳаққында айтып атырман. Ѳлимге апаратуғын гүна да бар. Бул ушын дуўа етсин, деп атырғаным жоқ. 17 Ҳєр қандай жаманлық – гүна, бирақ ѳлимге апармайтуғын гүна да бар. 18 Кудайдан туўылған адам гүна ислеўди даўам етпейтуғынын билемиз. Себеби оны Кудайдың Улы сақлайды ҳєм шайтан оған қол тийгизе алмайды. 19 Ѳзлеримиздиң Кудайға тийисли екенимизди ҳєм пүткил дүнья шайтанның қол астында екенин билемиз. 20 Жєне де, Кудайдың Улы келип, ҳақыйқый Кудайды билиўимиз ушын ақыл-ой бергенин де билемиз. Бизлер ҳақыйқый Кудайда, яғный Оның Улы Ийса Масихтамыз. Ол – ҳақыйқый Кудай ҳєм мєңгилик ѳмир. 21 Перзентлерим, ѳзлериңизди бутлардан сақлаңлар!
1 Мен, Юхан ақсақалдан, Кудай тєрепинен таңланған ханымға ҳєм оның балаларына сєлем! Мен сизлерди шын жүректен сүйемен. Тек мен емес, ал ҳақыйқатты билгенлердиң ҳєммеси де сизлерди сүйеди. 2 Себеби бизлерде ҳақыйқат бар ҳєм ол бизлер менен мєңги бирге болады. 3 Єкемиз Кудайдан ҳєм Єкениң Улы Ийса Масихтан келген мийрим, реҳим ҳєм тынышлық, бизлерде ҳақыйқатлық ҳєм сүйиспеншилик арқалы бирге болсын. 4 Сениң балаларыңның арасындағы гейбиреўлериниң Єкемизден алған буйрық бойынша ҳақыйқат жолы менен жүргенин билип, қатты қуўандым. 5 Енди сеннен ѳтинемен, қымбатлы ханым, ҳєммемиз бир-биримизди сүйейик. Мен саған жаңа буйрықты емес, бизлер єўел бастан қабыл еткен буйрықты жазып атырман. 6 Сүйиспеншилик – бул Кудайдың буйрықлары бойынша жасаў. Єўел бастан еситкениңиз сыяқлы, Оның буйрығы – сүйиспеншилик пенен жасаўдан ибарат. 7 Дүнья жүзинде Ийса Масихтың адам денесинде келгенин тєн алмайтуғын кѳплеген алдаўшылар пайда болды. Бундай адам – алдаўшы ҳєм Масихқа қарсы турыўшы. 8 Мийнетимиздиң жемисин жойтпай, ылайықлы сыйлық алыўыңыз ушын ѳзлериңизге сақ болыңлар. 9 Масихтың тєлийматы менен жасамай, шектен шығып кеткен адамда Кудай жоқ. Оның тєлийматы менен жасайтуғын адамда ҳєм Єке, ҳєм Ул бар. 10 Егер ким де ким сизлерге келип, бул тєлийматты єкелмесе, оны үйлериңизге қабыл алмаңлар, оған сєлем де бермеңлер. 11 Ѳйткени оған сєлем берген адам оның жаман ислерине шерик болған болады. 12 Сизлерге жазатуғын кѳп нєрселерим бар, бирақ оларды қағаз бетине сыя менен жазыўды қєлемеймен. Куўанышымыз толы болыўы ушын жаныңызға келип, жүзбе-жүз сѳйлесемен деген үмиттемен. 13 Кудай таңлаған сиңлиңниң балалары саған сєлем айтып атыр.
1 Мен, Юхан ақсақалдан, шын жүрегимнен сүйетуғын сүйикли туўысқаным Гаюсқа сєлем! 2 Сүйикли туўысқаным! Руўхый ѳмириң саў болғандай, ҳємме нєрседе табысқа ерисип, дениң саў болыўы ушын дуўа етип атырман. 3 Айырым туўысқанларымыз келип, сениң ҳақыйқатқа садық екениң ҳєм ҳақыйқат жолы менен жүргениң ҳаққында гүўалық бергенде қатты қуўандым. 4 Мениң ушын балаларымның ҳақыйқат жолы менен жүргенин еситиўден артық қуўаныш жоқ. 5 Сүйикли туўысқаным! Бийтаныс болыўына қарамай, сен туўысқанларымызға шын жүректен жєрдем берип атырсаң. 6 Олар исениўшилер жємєєти алдында сениң сүйиспеншилигиң ҳаққында гүўалық берди. Оларды Кудайға минєсип түрде жолға атландырып жиберсең, жақсы ис қылған болар едиң. 7 Себеби олар исенбейтуғын адамлардан ҳеш қандай жєрдем қабыл етпей, Ийсаның аты ушын жолға шыққан еди. 8 Сонлықтан ҳақыйқатқа шерик болыўымыз ушын бундай адамларды қоллап-қуўатлаўымыз керек. 9 Мен исениўшилер жємєєтине базы нєрселерди жазған едим, бирақ олардың арасында биринши болыўды жақсы кѳретуғын Диотреф бизлерди қабыл етпей атыр. 10 Сонлықтан егер барсам, оның ислерин єшкара етемен. Ол бизлерди жаман сѳзлер менен надурыс айыплап жүр. Булар жетпегендей, ол туўысқанларды да қабыл етпей атыр, ҳєтте, қабыл қылмақшы болғанларға тосқынлық жасап, оларды жємєєттен қуўып атыр. 11 Сүйикли туўысқаным, жаман емес, жақсы ѳрнек ал. Жақсылық ислейтуғын адам Кудайдан. Жаманлық ислейтуғын адам Кудайды кѳрген емес. 12 Димитрий ҳаққында ҳємме адам, ҳақыйқаттың ѳзи де жақсы гүўалық берип атыр. Бизлер де жақсы гүўалық берип атырмыз. Гүўалығымыздың дурыс екенин сен билесең. 13 Саған жазажақ кѳп нєрселерим бар еди, бирақ сыя ҳєм қєлем менен жазыўды қєлемеймен. 14 Сени тез арада кѳриў үмитиндемен, сонда жүзбе-жүз сѳйлесемиз. 15 Аман бол! Дослар саған сєлем айтып атыр. Сен де сол жердеги досларға атпа-ат сєлем айтып қой.
1 Мен, Ийса Масихтың қулы ҳєм Яқыптың туўысқаны Яҳудадан, Єкемиз Кудай тєрепинен шақырылғанларға сєлем! Єкемиз Кудай сизлерди сүйеди ҳєм Ийса Масихтың Ѳзи сизлерди сақлап келмекте. 2 Сизлерге мийрим-шєпєєт, тынышлық ҳєм сүйиспеншилик мол-мол етип берилсин! 3 Сүйикли туўысқанларым! Бизлерге ортақ болған қутқарылыўымыз ҳаққында жазыўды жүдє қєлеген едим. Енди исениўшилерге бироталаға берилген Ийсаға деген исеним ушын гүресиң деп, сизлерге нєсият етип жазыўға мєжбүр болдым. 4 Себеби араңызға айырым қудайсыз адамлар жасырын кирип алған. Олар Кудайды мийримли деп, Оның мийриминен бузықшылық қылыў ушын пайдаланады, жалғыз Ҳүкимдарымыз ҳєм Ийемиз болған Ийса Масихты тєн алмайды. Ондайлардың жазасы єзелден-ақ жазылып қойылған. 5 Булардың ҳєммесинен хабарыңыз болса да, мен сизлерге еслетип қоймақшыман: Кудай Ѳз халқын Мысыр елиндеги қулшылықтан қутқарды, бирақ соңынан исенбейтуғынларды набыт етти. 6 Сондай-ақ, ѳз мєртебе-бийлигине қанаат етпей, мєканын таслап кеткен периштелерди де Кудай уллы жаза күнинде ҳүким етиў ушын мєңгиге байлап, қараңғылыққа қамап қойыпты. 7 Буларға уқсап, Содом менен Гомора қалалары ҳєм олардың єтирапларындағы қалалар да бузықшылық ҳєм тєбийғый емес жынысый ҳарамылық иследи. Мєңгилик отта жаныў жазасын алған бул қалалар адамларға ескертиў болды. 8 Сол сыяқлы, араңызға кирген бул адамлар да қыялпаразлыққа берилип, ѳз денелерин ипласлайды ҳєм Кудайдың бийлигин менсинбей, периштелерди мазақ етеди. 9 Ҳєтте, бас периште Михаил де Муўсаның денеси ҳаққында шайтан менен тартысқанда, оны ғарғап ҳүким етиўге батылы бармай, тек: «Кудайдың Ѳзи саған сазайыңды берсин», – деген еди. 10 Бирақ бул адамлар ѳзлери түсинбейтуғын нєрселерди мазақ етип, санасыз ҳайўанлар сыяқлы тек тєбийғый сезим бойынша жасағанлықтан набыт болады. 11 Олар ҳєсирет шегеди! Ѳйткени Каинның жаўыз жолы менен бармақта. Балаам сыяқлы дємегѳйшиликке берилген олар Корей сыяқлы қозғалаң кѳтерип, набыт болады. 12 Тек ғана ѳзин ойлап, қарым-қатнас кешелериңизде сизлер менен бирге ишип-жеген бундай уятсыз адамлар ишекке түскен қурт сыяқлы қєўипли. Олар самал менен кѳшип жүретуғын жамғырсыз бултларға, гүзде мийўесиз қалып ѳлген, тамыры менен жулып тасланған тереклерге уқсайды. 13 Олар кѳбигин шашыратқан теңиздиң қєҳєрли толқынлары сыяқлы, патаслықларын єтирапқа шашыратады. Адасқан жулдызлар сыяқлы болған олар ушын тас түнек қараңғылық мєңгиге таяр тур. 14 - 15 Адам-атаның жетинши єўлады болған Енок усы адамлар ҳаққында мына пайғамбаршылықты айтқан еди: «Мине, Ийемиз ҳєр бир адамды ҳүким қылыў ушын, қудайсыз гүнакарлардың барлық жаўыз ис-ҳєрекетлерин, Ѳзине қарсы айтылған барлық жаман сѳзлерин єшкара етиў ушын, Ѳзиниң мың-мыңлаған мухаддеслери менен келеди». 16 Бул адамлар ҳємме ўақыт налып, басқаларға кеўли толмайды. Олар нєпсиқаўлық пенен ис тутады ҳєм лапгѳйлик етип, ѳз пайдасы ушын басқаларға жарамсақланады. 17 Бирақ сизлер, сүйикли туўысқанларым, Ийемиз Ийса Масихтың елшилери тєрепинен алдын айтылған сѳзлерди еске түсириңлер. 18 Олар сизлерге: «Дүньяның соңғы күнлеринде ѳз нєпсине берилген, Кудайдан қорқпайтуғын мазақ етиўшилер пайда болады», – деген еди. 19 Бундай адамлар – алаўызлық салыўшы ҳєм Мухаддес Руўхтан бос қалып, ѳзиниң гүнакар тєбиятының қулы болған адамлар. 20 Бирақ сизлер, сүйикли туўысқанларым, ең мухаддес болған исенимиңизди ѳмириңиздиң тийкары қылып, жетилисип барыңлар. Мухаддес Руўх пенен дуўа етиңлер. 21 Ѳзлериңизди мєңгилик ѳмирге еристиретуғын Ийемиз Ийса Масихтың мийрим-шєпєєтин күтип, Кудайдың сүйиспеншилиги менен жасаўды даўам етиңлер. 22 Исенимде екилениўши айырым адамларға мийримлилик пенен қатнас жасаңлар. 23 Базыларды оттан шығарып, қутқарыңлар. Жєне басқаларға сақлық пенен реҳимлилик кѳрсетиңлер. Ал олардың гүналарынан болса, жеркениңлер. 24 - 25 Кутқарыўшымыз болған жалғыз Кудай сизлерди жығылыўдан сақлаўға, Ѳзиниң салтанатында уллы қуўаныш пенен минсиз қылып турғызыўға қүдиретли. Ийемиз Ийса Масих арқалы єзелден, ҳєзир ҳєм мєңгиге, уллылық, салтанат, күш-қүдирет ҳєм ҳүкимдарлық Кудайдики болсын! Аўмийин.
1 Ийса Масихтың қулы болған, елшиликке шақырылып, Кудайдың Хош Хабарын жєриялаў ушын таңланған мен, Павелден сєлем! 2 Усы Хош Хабарды Кудай Ѳз пайғамбарлары арқалы Мухаддес Жазыўларда єўелден ўєде еткен еди. 3 Бул Хош Хабар Кудайдың Улы ҳаққында болып, Ол адам сыпатында Даўыттың урпағынан туўылды ҳєм 4 Оның Мухаддес Руўх тєрепинен ѳлимнен қайта тирилиўи арқалы Кудайдың Улы екени қүдирет пенен дєлилленди. Кудайдың Улы – бул Ийемиз Ийса Масих. 5 Масихтың аты ушын, ҳємме миллетлерден болған адамлар исенсин ҳєм сѳзге бойсынсын деп, Ол арқалы бизлер Кудайдың мийримине ҳєм елшилик хызметине ийе болдық. 6 Ийса Масихқа тийисли болыў ушын таңланған сизлер де усы ҳєр түрли миллетлерденсиз. 7 Кудай сүйип, Ѳз мухаддеслери болыўға шақырған, Римдеги сизлердиң ҳєммеңизге Єкемиз Кудай ҳєм Ийемиз Ийса Масих мийрим ҳєм тынышлық берсин! 8 Алды менен исенимиңиздиң даңқы пүткил дүньяға жайылғаны себепли, сизлердиң ҳєммеңиз ушын Ийса Масих арқалы Кудайыма шүкирлик билдиремен. 9 Улының Хош Хабарын жєриялаўда шын кеўлим менен мен хызмет етип атырған Кудайдың Ѳзи дуўа еткенимде сизлерди үзликсиз тилге алып атырғаныма гүўа. 10 Жєне де, енди сизлерге барыўым ушын Кудайдың қєлеўи менен жол ашылыўын да тынбастан сорап атырман. 11 Ѳйткени исенимиңиздиң беккем болыўы ушын сизлерге бир руўхый сыйды жеткерейин деп, мен сизлерди қатты кѳргим келип атыр. 12 Яғный, араңызда болғанымда бир-биримиздиң исенимимизден жигерленсек екен деймен. 13 Туўысқанларым, басқа миллетлер арасында болғаны сыяқлы, сизлердиң араңызда да мениң ислеримниң жемиси болыўы ушын, жаныңызға келиўди кѳп мєртебе мақсет етсем де, бирақ ҳєзирге дейин тосқынлықларға дус келгенимнен бийхабар қалыўыңызды қєлемеймен. 14 Мениң парызым ҳєммеге: греклерге ҳєм грек емеслерге, билимли ҳєм билимсиз адамларға Хош Хабарды жєриялаўдан ибарат. 15 Сонлықтан қолымнан келгенше, Римде болған сизлерге де Хош Хабарды жєриялаўға таярман. 16 Себеби мен Хош Хабардан арланбайман. Хош Хабар – исенген ҳєр бир адамды, бириншиден яҳудийлерди, соңынан яҳудий емеслерди қутқара алатуғын Кудайдың күши. 17 Кудайдың адамды ақлайтуғыны Хош Хабарда ашық кѳрсетилген. Ақланыў исеним арқалы басланып, исенимди беккемлеп барады. Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Ақланған адам исеними менен жасайды». 18 Ҳақыйқатқа ѳз наҳақлығы менен бѳгет болатуғын адамлардың барлық қудайсыз ҳєм наҳақ ислерине аспаннан Кудайдың ғєзеби тѳгиледи. 19 Ѳйткени Кудай ҳаққында билиўге мүмкин болған нєрселер оларға белгили. Кудайдың Ѳзи оларға усыларды мєлим еткен. 20 Дүнья жаратылғаннан бери Кудайдың кѳзге кѳринбейтуғын қєсийетлери, яғный шексиз қүдирети ҳєм қудайлығы Ол жаратқан барлықтан сезиледи ҳєм ашық кѳринеди. Солай етип, олар ѳзлерин ақлай алмайды. 21 Олар Кудайды билсе де, Оны Кудай деп уллыламады ҳєм Оған шүкирлик билдирмеди. Керисинше, олардың ой-қыяллары бос болып, ақылсыз кеўиллерин қараңғылық қаплады. 22 Ѳзлерин ақыллымыз деп санап, ақмақ болып шықты: 23 мєңги тири Кудайдың уллылығын басында ѳлим бар адамның, қуслардың, тѳрт аяқлы ҳайўанлардың ҳєм жер баўырлаўшылардың кѳринисиндеги бутларға алмастырды. 24 Сол себептен Кудай оларды жүреклериндеги ҳарам қєлеўлерине ҳєм бузықшылыққа тапсырып, бир-бириниң денесин ипласлаўына тосқынлық жасамады. 25 Олар Кудайдың ҳақыйқатын жалғанға алмастырды. Жаратқанға емес, ал жаратылған нєрсеге сыйынып, оған хызмет етти. Ал Кудай шексиз алғыс-мақтаўларға ылайықлы. Аўмийин. 26 Сонлықтан Кудай оларды уятсыз қєлеўлерине тапсырды. Ҳєтте, ҳаяллар да ер адам менен тєбийғый жынысый қатнасты қойып, ѳз ара тєбийғый емес қатнас жасады. 27 Сол сыяқлы, ер адамлар да ҳаял менен тєбийғый жынысый қатнасты қойып, бир-бирине бузық ҳєўес пенен ынтықты. Еркеклер еркеклер менен уятсыз ис-ҳєрекетлер ислеп, ѳз бузықшылығына ылайық жазасын алды. 28 Кудайды билиўди қєлемегенликтен, Кудай да оларды бузық ой-сезимлерине ҳєм ислеўге болмайтуғын ис-ҳєрекетлерди ислеўге тапсырды. 29 Олардың кеўиллери ҳєр түрли наҳақлыққа, жаўызлыққа, нєпсиқаўлыққа, жаманлыққа, күншилликке, қанхорлыққа, жєнжелкешликке, ҳийлекерликке ҳєм жаман нийетке толы. Олар жєне ѳсекши, 30 жалахор, Кудайды жек кѳриўши, хорлаўшы, менмен, мақтаншақ, жаманлық ислеўге шебер, ата-анасының сѳзин тыңламайтуғын, 31 ақылсыз, опасыз, жаўыз ҳєм реҳимсиз адамлар. 32 Бундай ислерди ислеўшилер ѳлимге ылайық, деген Кудайдың єдил ҳүкимин олар билсе де, бул ислерди тек ѳзлери ғана ислеп қоймай, ал усы ислерди ислеўшилерди де қоллап қуўатлайды.
1 Ал сен, басқа биреўди ҳүким етиўши ҳєй адам, ѳзиңниң ким болыўыңа қарамастан, ақлана алмайсаң. Сен басқа биреўди ҳүким етип турып, ѳзиңди де ҳүким етесең. Себеби сен, ҳєй ҳүким етиўши адам, ѳзиң де сондай ислерди ислейсең-ғо. 2 Сол ислерди ислеўшилерди Кудай єдиллик пенен ҳүким ететуғынын бизлер билемиз. 3 Сондай нєрселерди ислеўшилерди ҳүким еткен, бирақ ѳзи де солай ислеўши, ҳєй адам, сен Кудайдың ҳүкиминен қашып қутыламан деп ойлайсаң ба? 4 Я болмаса, Кудайдың кең пейиллилигиниң сени тєўбеге алып келетуғынын билмей, Оның шексиз кең пейиллилигин, сабырлылығын ҳєм шыдамлылығын писент етпейсең бе? 5 Сен ѳзиңниң ѳжетлигиң ҳєм тєўбеге келмейтуғын жүрегиң себепли, Кудайдың єдил ҳүкими шығарылатуғын ғєзеп күни ушын, ѳзиңе қарсы ғєзеп топламақтасаң. 6 Кудай ҳєр бир адамға ислеген исине ылайық қайтарады: 7 үзликсиз жақсылық ислеп, даңқ, ҳүрмет ҳєм мєңгиликти излегенлерге Кудай мєңгилик ѳмир береди. 8 Ал менмен болып, ҳақыйқатқа бойсынбай, наҳақ жолдан жүриўшилердиң үстине болса, ғєзеп ҳєм қєҳєрин тѳгеди. 9 Жаманлық ислеўши ҳєр бир адамға, алды менен яҳудийге, соңынан яҳудий емес адамға Кудай қыйыншылық ҳєм қайғы жибереди. 10 Керисинше, жақсылық ислеўши ҳєр бир адамға, алды менен яҳудийге, соңынан яҳудий емес адамға Ол даңқ, ҳүрмет ҳєм тынышлық береди. 11 Ѳйткени Кудай адамларды айырмайды. 12 Мухаддес Нызамды билмей гүна ислеген ҳємме адамлар Мухаддес Нызамға ийе болмай набыт болады. Ал Мухаддес Нызамды билип турып гүна ислеген ҳємме адамлар Мухаддес Нызам бойынша ҳүким етиледи. 13 Себеби Кудайдың алдында Мухаддес Нызамды еситкенлер емес, ал оны орынлайтуғынлар ақланады. 14 Мухаддес Нызамға ийе емес басқа миллетлер ҳүждан нызамы бойынша бул Мухаддес Нызамға ылайықлы ислерди ислесе, олар Мухаддес Нызамға ийе болмай тура, ѳзлери ушын ѳзлери нызам. 15 Солай етип, олар Мухаддес Нызамның буйрықларының жүреклеринде жазылғанын кѳрсетеди. Бул ҳаққында олардың ҳүжданы гүўалық береди ҳєм ойлары да оларды биресе айыплап, биресе ақлайды. 16 Мен жєриялап атырған Хош Хабар бойынша Кудай Ийса Масих арқалы адамлардың жасырын ой-қыялларын ҳүким ететуғын күни усылай болады. 17 Минекей, сен ѳзиңди яҳудиймен деп, Мухаддес Нызамға сүйенесең ҳєм Кудай менен айрықша қатнастаман деп мақтанасаң. 18 Сен Кудайдың еркин билесең ҳєм Мухаддес Нызамнан тєлим алғаның себепли, нениң дурыс ямаса нениң надурыс екенлигин айыра аласаң. 19 - 20 Мухаддес Нызамнан толық билим алғаның ҳєм ҳақыйқаттың негизин билгениң себепли, ѳзиңди соқырлардың жолбасшысы, қараңғылықта болғанлардың нуры, ақылсыз адамлардың тєрбияшысы ҳєм гѳдеклердиң устазы деп есаплайсаң. 21 Олай болса, басқа биреўге тєлим берип турып, ѳзиңе неге тєлим бермейсең? Урлық ислемеўди жєриялап, ѳзиң неге урлық ислейсең? 22 «Бузықшылық ислеме» деп, ѳзиң неге бузықшылық ислейсең? Бутлардан жеркенип, неге бутлардың ибадатханаларын тонайсаң? 23 Мухаддес Нызам менен мақтанасаң, бирақ оны бузып, неге Кудайды ҳүрмет етпейсең? 24 Ѳйткени былай деп жазылған: «Сизлер себепли, басқа миллетлер арасында Кудайдың атына тил тийеди». 25 Егер Мухаддес Нызамды орынласаң, сүннеттиң пайдасы бар. Бирақ сен сүннетли болып турып Мухаддес Нызамды бузсаң, онда сүннетленбеген басқа миллет адамынан сениң ҳеш жериң артық емес. 26 Солай етип, сүннетсиз болғанлар Мухаддес Нызамның талапларын орынласа, онда олар Кудай тєрепинен сүннетлилер, яғный Ѳзиниң халқы деп есапланбай ма? 27 Денесиниң ети кесилип сүннет етилмеген, бирақ Мухаддес Нызамды орынлайтуғын адам жазылған Мухаддес Нызамға ҳєм сүннетке ийе болып турып, Мухаддес Нызамды бузыўшы сен яҳудийди айыпламас па екен? 28 Себеби тек сыртқы белгилери менен яҳудий болған адам ҳақыйқый яҳудий емес ҳєм денесиниң ети кесилип сүннет етилиў де ҳақыйқый сүннет етилиў емес. 29 Ал, ишки дүньясы менен яҳудий болған адам ғана ҳақыйқый яҳудий. Жєне де, ҳақыйқый сүннет – бул жазылған Мухаддес Нызам бойынша исленген сүннет емес, ал Мухаддес Руўх тєрепинен исленген жүректиң сүннети. Усындай сүннетке ийе болған адам адамлардың емес, ал Кудайдың мақтаўын алады.
1 Олай болса, яҳудий болыўдың қандай да бир артықмашылығы бар ма? Я болмаса, сүннетлениўдиң пайдасы бар ма? 2 Єлбетте, бар. Яҳудий болыў – ҳєр тєреплеме артықмашылыққа ийе. Ѳйткени ең алды менен Кудайдың сѳзлери оларға исенип тапсырылған. 3 Егер олардың айырымлары Кудайдың сѳзлерине садықсыз болып шыққан болса не болыпты? Олардың садықсызлығы Кудайдың садықлығын бийкарлай ала ма? 4 Ҳеш қашан! Ҳємме адамлар ѳтирикши болса да, Кудай ҳақ. Себеби Мухаддес Жазыўда Кудай ҳаққында былай делинген: «Ҳақ екениңди сѳзлериң менен кѳрсетесең, Сени айыплағанда, жеңиске ерисесең». 5 Бирақ, бизлердиң наҳақлығымыз Кудайдың ҳақлығын ашып кѳрсетсе, онда не деймиз? Кудай бизлерди ғєзеп пенен жазаласа, єдилсиз болғаны ма? (Мен буларды адамлардың ойы бойынша айтып атырман.) 6 Ҳеш қашан! Егер Кудай єдилсиз болса, Ол дүньяны ҳүким ете алар ма еди? 7 Деген менен, айырымлар былай деп сораў қойыўы мүмкин: «Егер мениң наҳақлығым Кудайдың ҳақлығының артып, Оның уллыланыўына хызмет етсе, сонда неге мен гүнакар болып ҳүким етилмектемен?» 8 Солай етип: «Жақсылық шықсын деп, жаманлық ислей берейик», – дейик пе? Базы адамлар бизлерге жала жаўып, усындай сѳзлерди айтты демекте. Бундай адамлар Кудайдың жазасына ылайықлы. 9 Енди не деўге болады? Биз яҳудийлер басқа миллетлерден артықпыз ба? Єлбетте, яқ! Ѳйткени єлле қашан дєлиллегенимдей, яҳудий де, басқа миллет адамы да, яғный ҳєр бир адам гүнаның бийлиги астында. 10 Мухаддес Жазыўларда айтылғандай: «Ҳеш бир ҳақ адам жоқ, бирде бири жоқ. 11 Саналы ҳеш бири жоқ. Кудайды излейтуғын ҳеш ким жоқ. 12 Ҳємме жолдан адасқан, барлығы жарамсыз болған. Жақсылық ислеўши ҳеш ким жоқ. Бирде бири жоқ». 13 «Олар сѳзлери менен адамларды ашық гѳрге тығар». «Тиллери менен алдайды, еринлеринде жылан зєҳєри». 14 «Аўызлары толы нєлет-ғарғыс сѳзлерге». 15 «Аяқлары шаққан қан тѳгиўге. 16 Олар қєдем басқан жерге келер қыйралыў ҳєм бєле. 17 Билмес олар тынышлық жолын». 18 «Кудайдан қорқыў да жоқ кеўиллеринде ». 19 Мухаддес Нызамда айтылғанлардың ҳєммеси Мухаддес Нызам астында болғанларға айтылғанын билемиз. Солай етип, ҳєр бир тил байланып, пүткил дүнья Кудайдың алдында есап береди. 20 Сонлықтан Мухаддес Нызамды орынлағаны арқалы ҳеш бир адам Кудайдың алдында ақлана алмайды. Керисинше, Мухаддес Нызам арқалы адам ѳзиниң гүнакар екенин билип алады. 21 Енди болса, Кудайдың адамды ақлайтуғын єдиллиги Мухаддес Нызамға байланыслы болмай-ақ ашық кѳрсетилди. Таўрат та, пайғамбарлардың Жазыўлары да бул ҳаққында гүўалық береди. 22 Кудайдың єдиллиги адамларды олардың Ийса Масихқа деген исеними арқалы ақлайды. Буны Ол исенетуғын ҳєр бир адам ушын ислейди. Себеби адамлар арасында ҳеш қандай айырмашылық жоқ. 23 Ѳйткени ҳємме гүна ислеген ҳєм Кудайдың салтанатынан айырылған. 24 Бирақ, адамлар Кудайдың мийрими менен, Ийса Масихтың қаны арқалы ешейин ақланады. 25 Масихқа деген исеним менен, Оның қаны арқалы гүналары кеширилсин деп, Кудай Масихты адамлар ушын қурбанлыққа бағышлады. Кудай бул арқалы Ѳз єдиллигин кѳрсетти. Себеби Кудай сабырлылық етип, бурыннан бери исленген гүналарды кеширди. 26 Жєне де, ҳєзирги ўақытта Ол єдиллигин дєлиллеп, Ѳзиниң ҳақ екенин ҳєм Ийсаға исенген ҳєр бир адамды ақлайтуғынын кѳрсетти. 27 Енди бизлер не менен мақтана аламыз? Ҳеш нєрсе менен. Кандай жол менен ақлана аламыз? Мухаддес Нызамды орынлаў жолы менен бе? Яқ, исеним менен. 28 Ѳйткени бизлер адамның Мухаддес Нызамды орынлағаны арқалы емес, ал исеним менен ақланатуғынын мойынлаймыз. 29 Расында да, Кудай тек яҳудийлердиң Кудайы ма? Ол басқа миллетлердиң де Кудайы емес пе? Єлбетте, Ол басқа миллетлердиң де Кудайы. 30 Себеби сүннетли яҳудийлерди де, сүннетсиз болған басқа миллетлерди де тек исеним менен ақлайтуғын Кудай – жалғыз. 31 Солай етип, бизлер: «Адамлар тек исеним менен ақланады», – деп, Мухаддес Нызамды бийкарлаймыз ба? Яқ, керисинше, Оны тастыйықлаймыз.
1 Ал енди бизлердиң, яғный яҳудийлердиң түп бабасы Ибрайым ҳаққында не деймиз? Ол неге еристи? 2 Егер ол ислеген саўап ислери себепли ақланған болса, мақтаныўға ҳақысы болар еди. Бирақ, Кудайдың алдында мақтана алмайды. 3 Ѳйткени Мухаддес Жазыўда былай делинген: «Ибрайым Кудайға исенди ҳєм сол себептен Кудай оны ақланған деп санады». 4 Мийнет еткенге тѳленген ҳақы сый емес, ал ис ҳақы болып есапланады. 5 Бирақ ким де ким ѳзиниң саўап ислерине емес, ал қудайсыз адамды да ақлайтуғын Кудайға исенсе, ол исеними себепли ақланған болып есапланады. 6 Минекей, саўап ислерине қарамай, Кудай тєрепинен ақланған деп есапланған адамның бахытлы екени ҳаққында Даўыт та былай деген: 7 «Наҳақ ислери кеширилип, гүналары жуўылған адамлар қандай бахытлы! 8 Кудай гүнасын есапқа алмайтуғын адам қандай бахытлы!» 9 Бул бахыт тек сүннетлилер ушын берилген бе? Я болмаса, сүннетсизлер ушын да ма? Бизлер: «Ибрайым ѳз исеними себепли ақланған деп саналды», – деген едик. 10 Ол қашан ақланған деп саналды? Сүннетленгеннен кейин бе ямаса сүннетленбестен бурын ба? Сүннетленгеннен кейин емес, ал сүннетленбестен бурын. 11 Сүннетленбесинен бурын исеними менен ақланғанының белгиси ретинде Ибрайым сүннетлеў рєсимин қабыл етти. Солай етип, ол сүннетсиз болған басқа миллет адамларының да ақланған болып есапланыўы ушын, исенетуғын усындай адамлардың ҳєммесиниң руўхый бабасы болды. 12 Бабамыз Ибрайым сүннетли яҳудийлердиң де руўхый бабасы. Бул олардың тек сүннетленгени себепли емес, ал Ибрайымда сүннетленбесинен алдын болған исеним менен жасағаны себепли болды. 13 Себеби Мухаддес Нызамды орынлағаны арқалы емес, ал исеними арқалы ақланыўы ушын, Кудай Ибрайымға ҳєм оның урпақларына дүньяның мийрасхорлары болатуғынын ўєде етти. 14 Егер адамлар Мухаддес Нызамды орынлаўы арқалы мийрасхор болатуғын болса, онда исеним бийкар ҳєм ўєде де бос болар еди. 15 Ѳйткени Мухаддес Нызам Кудайдың ғєзебин келтиреди. Бирақ Мухаддес Нызам болмаған жерде нызамды бузыў да жоқ. 16 - 17 Усылай етип, Кудайдың ўєдеси тек исеним себепли бериледи. Ол тек Мухаддес Нызамға ийе болған яҳудий исениўшилерине ғана емес, ал Ибрайымның исенимине ийе болған басқа миллет исениўшилерине де, яғный Ибрайымның пүткил урпағына Кудайдың мийрими бойынша бериледи. Мухаддес Жазыўда Кудайдың Ибрайымға: «Сени кѳп миллетлердиң бабасы қыламан», – деп айтқанындай, Ибрайым ѳзи исенетуғын Кудайдың, яғный ѳлилерди тирилтетуғын ҳєм жоқтан бар пайда қылатуғын Кудайдың алдында ҳєммемиздиң бабамыз. 18 Ҳеш үмити қалмаған ўақытта да Ибрайым үмитин үзбей, Кудайға исенди. Сонлықтан «Сениң урпағың есап-сансыз болады», – деп Кудайдың оған айтқанындай, ол кѳп миллетлердиң бабасы болды. 19 Жасы жүзге шамаласып, денесинде күш қалмағанын ҳєм ҳаялы Сараның да қурсағына бала питпейтуғынын ол билсе де, исенимин азайтпады. 20 Исенимсизлик етип, Кудайдың ўєдеси туўралы екиленбеди. Керисинше, исеними күшейип, Кудайды алғыслады. 21 Кудайдың Ѳз ўєдесин орынлайтуғын күшке ийе екенине ол толық исенди. 22 Єне, усы исеними себепли, Ибрайым ақланған деп саналды. 23 «Ақланған деп саналды», – деген сѳзлер тек Ибрайымға емес, 24 ал бизлерге де тийисли етип жазылған. Бизлер де Ийемиз Ийсаны ѳлимнен тирилткен Кудайға деген исенимимиз бенен ақланған болып есапланамыз. 25 Ийемиз Ийса гүналарымыз ушын ѳлимге тапсырылып, Кудайдың алдында бизлердиң ақланыўымыз ушын қайта тирилди.
1 Солай етип, исеним менен ақланғанымыз себепли, Ийемиз Ийса Масих арқалы Кудай менен жарастық. 2 Ийса Масих арқалы Кудайдың мийримине исенимимиз бенен ийе болып жасамақтамыз. Жєне де, Кудайдың уллылығына ерисиўден үмит етип, қуўанамыз. 3 Бизлер тек бул себепли емес, ал қыйыншылықлар себепли де қуўанамыз. Себеби қыйыншылықлардан сабырлылық, 4 сабырлылықтан жақсы минез-қулық, жақсы минез-қулықтан үмит пайда болатуғынын билемиз. 5 Сол үмит бизлерди уятқа қалдырмайды. Ѳйткени Кудай бизлерге берген Мухаддес Руўхы арқалы жүреклеримизди Ѳз сүйиспеншилигине толтырды. 6 Аўа, ѳзлеримизди ақлаўға еле күшсиз болғанымызда Масих белгиленген ўақытта қудайсыз болған бизлер ушын ѳлди. 7 Ҳеш ким ҳақ адам ушын жанын ѳлимге қыймайды. Ҳєтте, ѳзине қєўендер болған адам ушын да жанын ѳлимге қыйыўды қєлейтуғын адамлар аз. 8 Бирақ, бизлер еле гүнакар болған ўақтымызда Масих бизлер ушын ѳлди. Бизлерге деген сүйиспеншилигин Кудай усылай дєлилледи. 9 Сонлықтан енди Масихтың қаны арқалы ақланғанымыз себепли, Ол арқалы Кудайдың ғєзебинен қутқарылатуғынымыз да анық. 10 Себеби бизлер Кудайдың душпаны болсақ та, Оның Улының ѳлими арқалы Кудай менен жарастық. Енди Кудай менен жарасып, Оның Улының ѳмири арқалы қутқарылатуғынымыз да анық. 11 Жєне де, буның менен шекленип қоймай, бизлерди енди Кудай менен жарастырған Ийемиз Ийса Масих арқалы Кудай менен қатнаста болып қуўанамыз. 12 Дүньяға бир адам арқалы, яғный Адам-ата арқалы гүна келди, ал гүна себепли ѳлим келди. Солай етип, ҳеш бир адам ѳлимнен қашып қутыла алмайтуғын болды. Ѳйткени ҳємме гүна ислеген еди. 13 Мухаддес Нызам берилместен бурын да дүньяда адамлар гүна ислейтуғын еди. Бирақ, Мухаддес Нызам болмаған ўақытта гүна гүна деп есапланбады. 14 Деген менен, Адам-атадан Муўсаға дейин жасағанлар Адам-ата ислеген сол гүнаны ислемеген болса да, ѳлим олардың үстинен ҳүкимдарлық етти. Ал Адам-ата келиўи тийис Адамның, яғный Масихтың тымсалы. 15 Бирақ, олар арасында үлкен айырмашылық бар. Кудайдың сыйы Адам-атаның гүнасына уқсамайды. Себеби бир адамның гүнасы себепли кѳп адамлар ѳлген болса да, Кудайдың мийрими ҳєм басқа бир адамның, яғный Ийса Масихтың мийрими менен берилген сыйды кѳп адамлар мол-молақай етип алды. 16 Кудайдың сыйының нєтийжеси менен бир адамның гүнасының нєтийжеси бирдей емес. Адам-атаның гүнасының ақыбети ҳүким етилиўге алып келди, бирақ Кудайдың сыйы себепли, кѳп гүналарымызға қарамастан, бизлерге ақланыў келди. 17 Бир адамның гүнасы себепли, сол адам арқалы пүткил адамзат үстинен ѳлим бийлик еткен болса, енди тек бир адам, яғный Ийса Масих арқалы Кудайдың мол мийримин алып ақланғанлар үстинен ѳмир бийлик етеди. 18 Солай етип, бир адамның гүнасы себепли пүткил адамзат ҳүким етилген болса, бир адамның ҳақ иси себепли пүткил адамзат ақланып, ѳмирге еристи. 19 Бир адамның бойсынбағаны себепли кѳп адамлар гүнакар болып қалғанындай, бир адамның бойсынғаны себепли кѳп адамлар ақланады. 20 Адамлар ѳзлериниң қаншелли гүнакар екенин билиў ушын Мухаддес Нызам берилди. Бирақ, гүна кѳбейген сайын, Кудайдың мийрими оннан да артып барды. 21 Солай етип, гүна ѳлим арқалы бийлик еткендей, Кудайдың мийрими де ақлаўы арқалы бийлик етип, Ийемиз Ийса Масих себепли мєңгилик ѳмирге еристиреди.
1 Олай болса, не деймиз? Кудайдың мийрими кѳбейсин деп, гүна ислеўди даўам еттире берейик пе? 2 Ҳеш қашан! Бизлер гүна ушын ѳлгенбиз. Енди қалайынша, гүна ислеўди даўам еттирип жасай аламыз? 3 Бизлер Масих Ийса менен байланысқа ийе болып, суўға шомылдырылғанымызда ҳєммемиз де Оның ѳлимине шерик болып, суўға шомылдырылғанымызды билмейсизлер ме? 4 Масихқа исенип, суўға шомылдырылыў арқалы Оның менен бирликте ѳлип, кѳмилдик. Солай етип, Кудай Єкемиздиң қүдирети менен Масих ѳлимнен қайта тирилип, ѳмирге ерискендей, бизлер де жаңа ѳмирге ерисемиз. 5 Егер бизлер Масихтың ѳлимине шерик болып, Оның менен бирлескен болсақ, онда Оның қайта тирилиўине де шерик болып, Оның менен бирлесемиз. 6 Гүнакар тєбиятымыздың күшин жоқ қылып, ендигиден былай гүнаға қул болмаўымыз ушын, бизлердиң ески гүнакар ѳзлигимиздиң Масих пенен бирге атанақ ағашқа шегеленгенин билемиз. 7 Ѳйткени ѳлген адам гүнаның бийлигинен азат. 8 Егер бизлер Масих пенен бирге ѳлген болсақ, Оның менен бирге жасайтуғынымызға да исенемиз. 9 Себеби Масихтың ѳлимнен тирилип, қайтып ѳлмейтуғынын ҳєм енди ѳлимниң Оның үстинен ҳүкимдарлық ете алмайтуғынын бизлер билемиз. 10 Масих гүнаны жоқ қылыў ушын биринши ҳєм соңғы мєрте ѳлди. Ал енди болса, Ол Кудай ушын жасап атыр. 11 Сонлықтан сизлер де ѳзлериңизди гүна ушын ѳли деп, ал Масих Ийса менен қатнаста болып, Кудай ушын тири деп есаплаңлар. 12 Солай етип, денеңиздиң жаман қєлеўлерине бойсынбаўыңыз ушын, гүнаның ѳткинши денеңизди басқарыўына жол қоймаңлар. 13 Денеңиздиң мүшелерин наҳақлықтың қуралы қылып, гүна ислеўге тапсырмаңлар. Керисинше, ѳлимнен қайта тирилгенлер сыпатында, ѳзлериңизди Кудайға бағышлаңлар. Денеңиздиң мүшелерин де ҳақлықтың қуралы қылып, Кудайға арнаңлар. 14 Сонда гүна сизлердиң үстиңизден ҳүкимдарлық етпейди. Ѳйткени сизлер нызамның бийлиги астында емес, ал Кудайдың мийриминиң бийлиги астында жасайсыз. 15 Олай болса, не дейик? Нызамның бийлиги астында емес, ал Кудайдың мийриминиң бийлиги астында жасап атырғанымыз себепли гүна ислей берейик пе? Ҳеш қашан! 16 Бойсынатуғын қуллар сыяқлы, ѳзлериңизди кимниң бийлигине тапсырып бойсынсаңыз, соның қулы болатуғыныңызды билмейсизлер ме? Сизлер я ѳлимге жетелеўши гүнаның, я ақланыўға жетелеўши бойсыныўшылықтың қулы боласызлар. 17 Бирақ, Кудайға шүкир! Бурын гүнаның қулы болған сизлер енди ѳзлериңизге тапсырылған тєлийматқа шын жүректен бойсындыңлар 18 ҳєм гүнаның бийлигинен азат болып, ҳақлықтың қуллары болдыңлар. 19 Түсиниўиңизге аңсат болыў ушын, єпиўайы сѳзлер менен айтып атырман: бурын денеңиздиң мүшелерин ипласлыққа ҳєм наҳақ ислерди ислеў ушын наҳақлыққа қул қылып бағышлайтуғын едиңиз, ал енди мухаддес болыўыңыз ушын, оларды ҳақлыққа қул қылып бағышлаңлар. 20 Сизлер гүнаның қулы болғаныңызда, ҳақлықтың бийлигинен азат едиңлер. 21 Бурын ислеген ислериңизден ҳєзир ѳзлериңиз де уяласыз. Сол ўақытлары усы ислерден не арттырған едиңиз? Олардың ақыры ѳлим еди-ғо. 22 Бирақ енди болса, сизлер гүнаның бийлигинен азат етилип, Кудайдың қуллары болдыңлар. Сол себептен мухаддесликке ерисип, ақырында мєңгилик ѳмир аласыз. 23 Себеби гүнаның тѳлеми – ѳлим, ал Кудайдың сыйы – Ийемиз Масих Ийса арқалы берилетуғын мєңгилик ѳмир.
1 Ҳєй, Мухаддес Нызамды билиўши туўысқанларым, мен сизлерге қарата айтып атырман: Мухаддес Нызамның адам үстинен тек тири ўақтында ғана бийлик жүргизетуғынын билмейсизлер ме? 2 Мысалы: күйеўи бар ҳаял күйеўиниң кѳзиниң тирисинде оған нызам бойынша байланған болады. Бирақ, күйеўи қайтыс болса, ҳаял неке нызамынан азат болады. 3 Солай етип, ҳаял күйеўиниң кѳзиниң тирисинде басқа бир еркек пенен жасаса, неке ҳадаллығын бузған болып есапланады. Бирақ, күйеўи ѳлсе, ҳаял нызам бойынша азат болады. Ол басқа бир еркекке турмысқа шықса да, неке ҳадаллығын бузған болмайды. 4 Сол сыяқлы, туўысқанларым, сизлер де Басқаға, яғный ѳлимнен қайта тирилген Масихқа тийисли болыўыңыз ушын, Масихтың денесиниң атанақ ағашта ѳлгени арқалы Мухаддес Нызам алдында ѳлгенсиз. Бул ҳєммемиздиң Кудайға хызмет етип, жемис бериўимиз ушын болды. 5 Ѳйткени бурын бизлер гүнакар тєбиятымызға бойсынып жасағанымызда, Мухаддес Нызам себепли пайда болған гүнакар қєлеўлер денемиздиң мүшелеринде ҳєрекет ететуғын еди. Соның нєтийжесинде, бизлер ѳлимге жетелеўши жемислер беретуғын едик. 6 Енди болса, бизлер бурын ѳзлеримизди байлап қойған Мухаддес Нызам ушын ѳлип, Мухаддес Нызамнан азат болдық. Солай етип, жазылған Мухаддес Нызам бойынша басқарылатуғын ески жол менен емес, ал Мухаддес Руўх басқаратуғын жаңа жол менен Кудайға хызмет етпектемиз. 7 Олай болса, не дейик? Мухаддес Нызам жаман болғаны ма? Ҳеш қашан! Бирақ, егер Мухаддес Нызам болмағанда, мен гүнаның не екенин билмеген болар едим. Егер Мухаддес Нызам: «Басқа биреўдиң нєрсесин күсеме», – демегенде, мен күсеўдиң гүна екенин билмеген болар едим. 8 Деген менен, гүна усы буйрықтан пайдаланып, менде ҳєр түрли күсеўлерди пайда етти. Себеби Мухаддес Нызам болмаса, гүна ѳли болады. 9 Мен бир ўақытлары Мухаддес Нызамды билмей жасағанымда тири едим. Бирақ, Кудайдың буйрықларын билгенимнен соң, менде гүна тирилип, ҳєрекет ете баслады, 10 ал мен ѳлдим. Солай етип, ѳмирге ийе болыў ушын берилген бул буйрықлар мениң ѳлимиме себепши болды. 11 Ѳйткени гүна буйрықтан пайдаланып, мени алдады ҳєм усы буйрық арқалы мени ѳлтирди. 12 Солай болса да, Мухаддес Нызам – мухаддес, Кудайдың буйрықлары да мухаддес, ҳақ ҳєм жақсы. 13 Солай екен, жақсы нєрсе маған ѳлим алып келди ме? Ҳеш қашан! Гүна маған жақсы нєрсе арқалы ѳлим алып келди. Бул гүнаның гүна болып ашық билиниўи ушын болды. Солай етип, буйрық арқалы гүнаның қаншелли жаман екени белгили болады. 14 Бизлер Мухаддес Нызамның Кудайдан келгенин билемиз. Ал мен гүнаға қул болып сатылған, ѳткинши денеге ийе адамман. 15 Мен не ислеп атырғанымды ѳзим түсинбеймен. Себеби мен қєлеген нєрсемди емес, ал жек кѳретуғын нєрсемди ислеймен. 16 Егер мен қєлемеген нєрсемди ислеп атырғанымда исимниң жаман екенин мойынласам, онда Мухаддес Нызамның жақсы екенин мақуллаған боламан. 17 Олай болса, бул исти мениң ѳзим емес, ал ишимде жасайтуғын гүна ислеп атырған болады. 18 Мениң ишимде, яғный гүнакар тєбиятымда ҳеш бир жақсы нєрсениң жоқ екенин билемен. Ишимде жақсылық ислеўге қєлеў болса да, күшим жетпейди. 19 Ѳйткени ѳзим ислеўди қєлейтуғын жақсы исти емес, ал керисинше, ислеўди қєлемейтуғын жаман исти ислеймен. 20 Егер мен ѳзим қєлемейтуғын нєрсени ислесем, онда оны мениң ѳзим емес, ал ишимде жасайтуғын гүна ислеген болады. 21 Солай етип, мен ѳзимде мынадай нызамның бар екенин билдим: мен жақсы нєрсени ислеўди қєлегенимде, ишимдеги жаманлық ҳєрекет етиўге таяр турады. 22 Мен руўхым менен Кудайдың Нызамын қуўанышлы түрде мақуллайман. 23 Бирақ, денемниң мүшелеринде басқа бир нызамды байқайман. Ол мениң сана-сезимимниң нызамына қарсы урысып, мени денемниң мүшелериндеги гүна нызамына тутқын етеди. 24 Ўаҳ, сорлы басым! Ѳлимге жетелеўши бул денеден мени ким қутқарады? 25 Ийемиз Ийса Масих арқалы тек жалғыз Кудай ғана қутқарады! Кудайға шүкирлер болсын! Солай етип, мен ѳз сана-сезимим менен Кудайдың Нызамына, ал гүнакар тєбиятым менен гүнаның нызамына хызмет етип атырман.
1 Солай етип, Масих Ийсаға тийисли болғанларға қарсы енди ҳеш қандай ҳүким жоқ. 2 Себеби Масих Ийса арқалы ѳмир беретуғын Мухаддес Руўхтың нызамы мени гүнаның ҳєм ѳлимниң нызамынан азат қылды. 3 Адамның гүнакар тєбияты күшсиз болғанлықтан, адам Мухаддес Нызамды толық орынлай алмады. Сонлықтан Мухаддес Нызам адамды қутқара алмады, бирақ оны Кудайдың Ѳзи қутқарды: Кудай Ѳз Улын адам денесинде бул дүньяға жиберип, Оны гүналар ушын тѳленетуғын қурбанлық қылып бағышлады ҳєм бизлердиң гүналарымыз жүкленген Ѳз Улының денесин ҳүким етти. 4 Солай етип, Кудай буны гүнакар тєбиятымыздың емес, ал Мухаддес Руўхтың жетелеўи менен жүретуғын бизлердиң ѳмиримизде Мухаддес Нызамның єдил талаплары орынлансын деп иследи. 5 Ѳйткени гүнакар тєбиятының жетелеўи менен жүретуғынлар ѳз гүнакар тєбиятының қєлейтуғын нєрселерин ойлайды, ал Мухаддес Руўхтың жетелеўи менен жүретуғынлар Мухаддес Руўхтың қєлейтуғын нєрселерин ойлайды. 6 Гүнакар тєбият басқаратуғын ой-пикирлер ѳлимге, ал Мухаддес Руўх басқаратуғын ой-пикирлер ѳмирге ҳєм тынышлыққа еристиреди. 7 Себеби гүнакар тєбият басқаратуғын ой-пикирге ийе адам – Кудайға душпан. Ол Кудайдың Нызамына бойсынбайды ҳєм бойсына алмайды да. 8 Ким де ким гүнакар тєбиятының жетелеўи менен жүрсе, ол Кудайға унай алмайды. 9 Бирақ, ишиңизде Кудайдың Руўхы жасап атырған болса, онда сизлерди гүнакар тєбиятыңыз емес, ал Мухаддес Руўх басқарып атырған болады. Ким де ким Масихтың Руўхына ийе болмаса, ол Масихқа тийисли емес. 10 Ал егер ишиңизде Масих жасап атырған болса, денеңиз гүна себепли ѳлетуғын болса да, руўхыңыз ақланғаныңыз себепли тири болады. 11 Ийсаны ѳлимнен қайта тирилткен Кудайдың Руўхы ишиңизде жасап атырған болса, онда Масих Ийсаны ѳлимнен қайта тирилткен Кудай ишиңизде жасап атырған Ѳз Руўхы арқалы ѳлетуғын денеңизди де тирилтеди. 12 Солай етип, туўысқанларым, бизлер гүнакар тєбиятымызға бойсынып, оның жетелеўи менен жүриўге парызлы емеспиз. 13 Ѳйткени егер гүнакар тєбиятыңыздың жетелеўи менен жүрсеңиз, ѳлесиз. Ал гүнакар тєбиятыңыздың жаман ислеринен Мухаддес Руўхтың күши менен толық ўаз кешсеңиз, жасайсыз. 14 Кудайдың Руўхы менен басқарылатуғынлардың ҳєммеси – Кудайдың балалары. 15 Себеби сизлер ѳзлериңизди жєне қул етип, қорқыныш беретуғын руўхты емес, ал Кудайдың баласы қылған Мухаддес Руўхты қабыл еттиңиз. Усы Руўх арқалы Кудайды: «Єке, Єкежаным!» деп шақырасыз. 16 Мухаддес Руўхтың Ѳзи бизлердиң руўхымыз бенен бирликте Кудайдың балалары екенлигимиз ҳаққында гүўалық береди. 17 Егер бизлер Кудайдың балалары болсақ, онда мийрасқа ийе боламыз. Масих пенен бирге уллыланыў ушын, Оның менен бирге азап шексек, онда бизлер Масих пенен бирге мийрасқа шерик болған Кудайдың мийрасхорларымыз. 18 Мениң ойымша, ҳєзирги қыйыншылықлар келешекте бизлерге берилетуғын уллылыққа салыстырғанда ҳеш нєрсе емес. 19 Соның менен бирге, пүткил жаратылыс Кудайдың Ѳз балаларын ашық кѳрсететуғын күнди интизарлық пенен күтпекте. 20 Ѳйткени пүткил жаратылыс бул ѳткинши ѳмирге тутқын етилген. Бул олардың ѳзлериниң ерки менен емес, ал тутқын қылған Кудайдың ерки менен болған. 21 Олар ѳзлериниң бул набыт қылыўшы қуллықтан қутқарылатуғынынан ҳєм Кудайдың балаларының уллы азатлыққа ерисетуғынынан үмит етеди. 22 Бизлерге мєлим, пүткил жаратылыс ҳєзирге дейин бирликте толғақ азабын шеккендей азап шегип, нала етпекте. 23 Тек жаратылыс емес, ал Кудайдың биринши сыйы болған Мухаддес Руўхты алған бизлер де перзент болып асырап алыныўды, яғный денемиздиң қутқарылыўын интизарлық пенен күтип, ишимизден нала етпектемиз. 24 Себеби бизлер қутқарылғанымыз себепли үмитке ийемиз. Егер бизлер ѳзлеримиз үмит ететуғын нєрсени кѳрип турған болсақ, онда ол үмит емес. Кѳзге кѳринип турған нєрсени ким үмит етеди? 25 Бирақ, еле кѳрмегенимизге үмит етсек, оны сабырлылық пенен күтемиз. 26 Соның менен бирге, Мухаддес Руўх та ҳєлсиз болған бизлерге жєрдем береди. Ѳйткени бизлер қалай дуўа етиў кереклигин билмеймиз. Бирақ, Мухаддес Руўхтың Ѳзи сѳз бенен айтып жеткизе алмайтуғын нала шегип, бизлер ушын Кудайдан ѳтиниш етеди. 27 Адамлардың кеўиллеринде не бар екенин билиўши Кудай Мухаддес Руўхтың ой-пикирлерин биледи. Себеби Мухаддес Руўх исениўшилер ушын Кудайдың ерки бойынша ѳтиниш етеди. 28 Кудай Ѳзин сүйетуғынларға, яғный Оның қєлеўи бойынша таңланғанларға ҳємме нєрсени жақсылық қылып хызмет еттиретуғынын билемиз. 29 Ѳйткени Кудай Ѳзи бурыннан таңлаған адамларының Улына уқсаўы ушын оларды алдын ала белгиледи. Солай етип, Кудай Ѳз Улының кѳп туўысқанлар арасында туңғыш болыўы ушын усылай иследи. 30 Кудай Ѳзи алдын ала белгилеген адамларын шақырды, шақырған адамларын ақлады, ал ақлаған адамларын уллылыққа еристирди. 31 Олай болса, буған не деймиз? Егер Кудай бизлерди жақласа, бизлерге ким қарсы тура алады? 32 Кудай, ҳєтте, Ѳз Улын да аямай, Оны бизлердиң ҳєммемиз ушын қурбанлық қылып бағышлаған болса, Оның менен бирликте бизлерге ҳємме нєрсени бермес пе екен? 33 Кудайдың таңлап алған адамлары болған бизлерди ким айыплай алады? Кудайдың Ѳзи бизлерди ақлайды-ғо. 34 Ким бизлерди ҳүким ете алады? Ҳеш ким! Себеби ѳлип, ѳлимнен қайта тирилген Масих Ийса Кудайдың оң жағында турып, бизлер ушын ѳтинбекте. 35 Масихтың сүйиспеншилигинен бизлерди ким айыра алады? Ҳеш ким. Кыйыншылық та, қайғы да, қуўдалаў да, ашлық та, жалаңашлық та, қєўип те, қылыш та айыра алмайды. 36 Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Бизлер Сениң ушын ҳєр күни ѳлтирилмектемиз, Бизлерди шалынатуғын қойлар деп есаплайды». 37 Бирақ, булардың ҳєммесиниң үстинен бизлерди сүйетуғын Масих себепли үлкен жеңиске ерисемиз. 38 Ѳйткени мен исенемен: ѳлим де, ѳмир де, периштелер де, ҳєкимшиликлер де, ҳєзирги ҳєм келешек заман да, күшлер де, 39 бєлентлик те, тереңлик те, улыўма, жаратылған ҳеш бир нєрсе Кудайдың бизлерге Ийемиз Масих Ийса арқалы берген сүйиспеншилигинен бизлерди айыра алмайды.
1 Масихқа тийисли адам сыпатында ҳақыйқатын айтып атырман, ѳтирик сѳйлеп турғаным жоқ. Мухаддес Руўхқа бойсынатуғын ҳүжданым да буған гүўа: 2 жүрегимде үлкен бир қайғым ҳєм таўсылмас бир дєртим бар. 3 - 4 Канымыз бир болған туўысқанларым, яғный израиллылардың қутқарылыўы ушын, мениң Кудайдың ғарғысына ушырап, Масихтан аласлатылыўым керек болса, мен қайыл болар едим. Кудай оларды балалары қылып асырап алған, оларға Ѳз уллылығын берип, олар менен келисим дүзген. Оларға Мухаддес Нызамын ҳєм Кудайға хызмет етиў қағыйдаларын тапсырып, ўєделерин де берген. 5 Олар уллы ата-бабаларымыздың урпақлары ҳєм Масих та адам денесинде олардың урпағынан келип шыққан. Масих – ҳєммениң үстинен ҳүкимдар болған, шексиз алғыс-мақтаўларға ылайық Кудайдың Ѳзи. Аўмийин. 6 Мен Кудайдың сѳзи орынланбады, демекши емеспен. Себеби Израилдың урпағы болғанлардың ҳєммеси де ҳақыйқый израиллылар емес. 7 Жєне де, Ибрайымның урпағынан болғанлардың ҳєммеси де Ибрайымның ҳақыйқый балалары емес. Кудай Ибрайымға: «Балаң Ысақтан туўылғанларды ғана сениң ҳақыйқый урпақларың деп есаплайман», – деген еди. 8 Демек, Ибрайымның урпағынан болғанлардың ҳєммеси де Кудайдың балалары емес. Ал Кудайдың Ибрайымға берген ўєдеси бойынша туўылғанлар ғана Ибрайымның ҳақыйқый урпақлары болып есапланады. 9 Ѳйткени Кудайдың Ибрайымға берген ўєдеси мынадай еди: «Келеси жылы усындай ўақытта келгенимде, Сара уллы болады». 10 Соның менен бирге, Ребекка да бабамыз Ысақтан ҳємледар болып, егиз улларды туўды. 11 - 12 Бирақ, бул балалар туўылмастан алдын ҳєм олар еле жақсы ямаса жаман бир нєрсе ислеместен бурын Кудай Ребеккаға: «Үлкени кишкенесине хызмет етеди», – деген еди. Солай етип, Кудай усы еки баладан биреўин таңлап алғанда, оны ислерине қарап емес, ал белгилеген жобасының иске асыўы ушын, Ѳз ерки менен таңлап алды. 13 Ҳєтте, Кудай Мухаддес Жазыўда: «Яқыпты сүйдим, ал Исабты жек кѳрдим», – деген. 14 Олай болса, не деймиз? Кудай єдилсиз болғаны ма? Ҳеш қашан! 15 Себеби Кудай Муўсаға былай деген: «Кимге мийрим-шєпєєтимди бериўди қєлесем, Соған мийрим-шєпєєтимди беремен, Кимге реҳим етиўди қєлесем, Соған реҳим етемен». 16 Солай етип, таңланыў адамның қєлеўине ямаса тырысыўына емес, ал Кудайдың мийрим-шєпєєтине байланыслы. 17 Ѳйткени Кудай Мухаддес Жазыўда Фараонға былай деген: «Күдиретимди сен арқалы кѳрсетиў ушын, Атым пүткил жер жүзине жєрияланыўы ушын, Сени мєртебели қылдым». 18 Солай етип, Кудай қєлеген адамына мийрим-шєпєєтин береди ҳєм қєлеген адамын тас баўыр қылады. 19 Енди сен меннен: «Егер Кудай усылай ислесе, Ол неге адамды айыплайды? Оның еркине ким қарсы тура алады?» – деп сораўың мүмкин. 20 Бирақ, ҳєй адам, Кудайға қарсылық кѳрсететуғындай, сен кимсең? Дѳретилген нєрсе ѳзин дѳреткенге: «Мени неге бундай қылып дѳреттиң?» – дей ме? 21 Я болмаса, гүлалшы бир ылайдан еки ыдыс соққанда, биреўин қымбатлы ис ушын қолланылатуғын ыдыс, ал екиншисин єпиўайы ис ушын қолланылатуғын ыдыс қылып соғыўға ҳақылы емес пе? 22 Кудай да усылай ис тутады. Ол набыт қылыныўға ҳєм Ѳзиниң ғєзебине ушыраўға ылайықлы адамларға ғєзебин тѳгип, күшин кѳрсетиўди қєлесе де, оларға үлкен сабырлылық кѳрсетти. 23 Жєне де, Кудай мєртебеге еристириў ушын Ѳзи алдын ала таярлап қойған адамларына реҳмин берип, Ѳзиниң шексиз уллылығын кѳрсетти. 24 Тек яҳудийлер арасынан емес, ал басқа миллетлер арасынан да Кудай таңлаған усы адамлар – бизлермиз. 25 Осия пайғамбардың китабында Кудай былай деген: «Халқым болмаған халықты, „халқым“ деп, Сүймегенимди „сүйиклим“ деп атайман». 26 «„Сизлер мениң халқым емессиз“, – деген жерде, Тири Кудайдың балалары деп аталасыз». 27 Ийшая пайғамбар да Израил туўралы бєлент даўыс пенен былай дейди: «Израил халқының саны теңиз қумындай кѳп болса да, Олардан тек аз ғанасы қутқарылады. 28 Себеби Ийемиз шығарған ҳүкимин, Жер жүзинде тез ҳєм толық ємелге асырады». 29 Ийшая пайғамбардың болжап айтқанындай: «Егер Күдиретли Ийемиз, Бизлерден нєсил қалдырмағанда, Бизлер Содом қаласы сыяқлы болып, Гомора қаласына уқсап қалар едик» . 30 Олай болса, не деймиз? Кудай алдында ақланыўға тырыспаған басқа миллет адамлары ѳз исеними арқалы ақланды. 31 Ал Мухаддес Нызамды орынлаўы арқалы ақланыўға тырысқан Израил халқы Мухаддес Нызамды орынлаўы арқалы ақлана алмады. 32 Не ушын? Ѳйткени олар ақланыўға исеними арқалы емес, ал саўап ислери арқалы ерисиўге тырысты. Сонлықтан олар сүрниктиретуғын тасқа сүрнигип қулады. 33 Мухаддес Жазыўда: «Минекей, Мен Ерусалимде бир тасты, Сүрниктиретуғын ҳєм қулататуғын жартасты орнатаман. Бирақ, Оған исенген адам уятқа қалмайды», – делинген.
1 Туўысқанларым! Мениң жүрегимдеги єрманым ҳєм Кудайдан жалбарынатуғын тилегим – бул халқым болған израиллылардың қутқарылыўы. 2 Олардың Кудайға инталы екенине ѳзим гүўаман. Бирақ, бул инта ҳақыйқый түсиникке тийкарланбаған. 3 Себеби олар Кудайдың ақлаў жолын түсинбей, ақланыўға Мухаддес Нызамды орынлаў арқалы ерисиўге тырысып, Кудайдың ақлаў жолын қабыл етпеди. 4 Масих Мухаддес Нызамның талапларын толық орынлағанлықтан, Оған исенген ҳєр бир адам Кудай алдында ақланады. 5 Мухаддес Нызамды орынлаў арқалы ақланыў ҳаққында Муўса мыналарды жазады: «Мухаддес Нызамдағы буйрықларды орынлаған адам олар арқалы жасайды». 6 Ал исеним арқалы ақланыў ҳаққында Мухаддес Жазыўда былай делинген: «Кеўлиңде: „Масихты жерге түсириў ушын ким аспанға шығады?“ 7 ямаса: „Масихты ѳлимнен тирилтиў ушын ким түпсиз туңғыйыққа түседи?“ – деме». 8 Бирақ, Мухаддес Жазыў не демекте? «Кудайдың сѳзи саған жақын, Ол сениң аўзыңда ҳєм жүрегиңде». Бизлер жєриялап атырған исеним ҳаққында сѳзлер – усылар болады. 9 Егер сен Ийсаны «Ийем» деп аўзың менен ашық тєн алсаң ҳєм Кудайдың Оны ѳлимнен тирилткенине шын жүректен исенсең, қутқарыласаң. 10 Ѳйткени адам шын жүректен исенгени арқалы ақланады ҳєм исеними ҳаққында аўзы менен ашық тєн алғаны арқалы қутқарылады. 11 Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Оған исенген ҳеш бир адам уятқа қалмайды». 12 Себеби яҳудий менен гректиң арасында айырмашылық жоқ. Олардың ҳєммесиниң Ийеси бир. Ол Ѳзин шақырғанлардың ҳєммесине сақый. 13 Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Ийемиздиң атын айтып шақырған ҳєр бир адам қутқарылады». 14 Бирақ, Кудайға исенбей турып, Оны қалай шақырыўға болады? Ол туўралы еситпей турып, Оған қалай исениўге болады? Кудай ҳаққында сѳзди жєриялаўшы болмаса, қалай еситиўге болады? 15 Сѳзди жєриялаўға жиберилмесе, оны қалай жєриялайды? Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Хош Хабарды жєриялаўшылардың аяқлары қандай єжайып!» 16 Деген менен, Хош Хабарға израиллылардың ҳєммеси де исене бермеди. Ийшая пайғамбардың айтқанындай: «Ийем! Бизлер айтқан хабарға ким исенди?» 17 Демек, исеним еситиў арқалы пайда болады, ал еситиў Масих ҳаққында сѳздиң жєрияланыўы арқалы болады. 18 Бирақ, мениң сорайтуғыным мынаў: израиллылар еситпеди ме? Єлбетте, еситти. «Аспан денелериниң даўыслары пүткил жер жүзине, Сѳзлери дүньяның тѳрт мүйешине жетип барды». 19 Мен жєне бир нєрсени сорамақшыман: Израил түсинбеди ме? Дєслеп Муўса арқалы Кудай былай деген еди: «Мен сизлерде халқым болмаған халық арқалы қызғаныш пайда етемен, Түсиниги аз болған халық арқалы ғєзебиңизди келтиремен». 20 Соңынан Ийшая пайғамбар Кудайдың сѳзлерин батырлық пенен айтып: «Мени излемегенлер тапты, Мени сорамағанларға Ѳзимди кѳрсеттим», – деген еди. 21 Ал, Израил халқы ҳаққында Кудай былай дейди: «Сѳзимди тыңламайтуғын қайсар бир халыққа, Күни бойы қушағымды ашып турдым».
1 Олай болса, мен мына нєрсени сорап атырман: Кудай Ѳз халқынан жүз бурды ма? Ҳеш қашан! Мен де Ибрайымның урпағынан, Бенамин урыўынан шыққан израиллыман. 2 Кудай Ѳзи бурыннан таңлаған халқынан жүз бурмады. Мухаддес Жазыўдың Илияс пайғамбар туўралы жазылған жеринде не айтылғанын билмейсизлер ме? Илияс Израил үстинен Кудайға шағым жасап былай деген еди: 3 «Ийем! Олар Сениң пайғамбарларыңды ѳлтирди, Саған қурбанлық шалынатуғын жерлерди қыйратты. Тек жалғыз мен ғана қалдым. Олар мени де ѳлтириўге ҳєрекет етпекте». 4 Оған Кудай не деп жуўап берген еди? «Баалдың алдында дизе бүкпеген жети мың адамды Мен Ѳзим ушын ажыратып алдым». 5 Сол сыяқлы, ҳєзирги ўақытта да израиллылар арасында Кудайдың мийрими менен таңланған аз ғана адамлар бар. 6 Олар саўап ислери себепли емес, ал Кудайдың мийрими менен таңлап алынды. Егер олар саўап ислери себепли таңлап алынғанда, мийрим мийрим болмас еди. 7 Солай етип, не жүз берди? Израил халқының кѳпшилик бѳлеги излеген нєрсесин таба алмады. Тек олардың арасынан таңлап алынғанлар ғана тапты. Ал қалғанларының жүреклери тас етилди. 8 Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Кудай оларға Ѳзиниң сѳзин түсинбеўи ушын бийпєрўалық руўхын берди. Сонлықтан олар усы күнге дейин, Кѳзлери болса да, кѳрмейди, Кулақлары болса да, еситпейди». 9 Даўыт былай дейди: «Олар дастурхан басында отырғанда дузаққа түсип, Кақпанға алынсын ҳєм қулап, жазалансын. 10 Кѳзлерин қараңғылық басып, кѳрмей қалсын. Беллери аўырманлықтан мєңгиге бүгилип қалсын!» 11 Олай болса, мен мынаны сорап атырман: израиллылар толық набыт болыў ушын сүрникти ме? Ҳеш қашан! Бирақ, израиллылардың гүналары себепли, Кудай басқа миллетлерге қутқарылыў берди ҳєм бул арқалы оларда қызғаныш оятты. 12 Егер израиллылардың гүна ислеп қулап қалғаны дүньядағы басқа миллетлерге байлық алып келип, оларды байытса, онда пүткил израиллылардың қутқарылыўы дүньядағы басқа миллетлерге қаншелли кѳп байлық алып келеди! 13 Басқа миллетлерден болған сизлерге айтып атырман: басқа миллетлер ушын елши болып тайынланған мен ѳз хызметимди мєртебели деп есаплайман. 14 Усы хызметим арқалы миллетим бир болған туўысқанларымда қызғаныш оянса ҳєм олардың айырымлары болса да қутқарылса екен. 15 Ѳйткени олардың Кудай тєрепинен қабыл етилмегени дүньядағы басқа миллетлердиң Кудай менен жарасыўына себепши болған болса, онда олардың Кудай тєрепинен қабыл етилиўи дүньядағы басқа миллетлердиң қутқарылып, ѳлимнен ѳмирге ѳтиўине себепши болмай ма? 16 Егер қамырдың биринши бѳлеги Кудайға бағышланып, мухаддес болса, онда пүткил қамыр да мухаддес болады. Егер теректиң тамыры мухаддес болса, онда шақалары да мухаддес. 17 Бирақ, егер зєйтүн ағашының айырым шақалары, яғный яҳудийлердиң айырымлары кесилип тасланып, жабайы зєйтүн ағашының шақасы болған сен, яғный басқа миллет адамы олардың орнына жалғанып, ағаштың ширели тамырынан нєр алсаң, 18 кесилген шақалар алдында мақтанып кетпе! Егер мақтанып кетсең, умытпа, сен тамырға емес, ал тамыр саған нєр берип турыпты. 19 Сен: «Мениң жалғаныўым ушын шақалар кесилип тасланды», – деўиң мүмкин. 20 Дурыс. Олар исенбегенликтен кесилип тасланды. Ал сен исенимиң себепли жалғанып турыпсаң. Сен мақтанба, ал қорқ! 21 Себеби Кудай тєбийғый шақаларды аямаған болса, онда сени де аямайды. 22 Солай етип, сен Кудайдың мийрим-шєпєєтин ҳєм қаталлығын кѳрип қой: Кудай исенимнен қайтқанларға қатал. Бирақ сен Оның мийрим-шєпєєтине садық қалсаң, Ол да саған мийрим-шєпєєтли. Олай болмаса, сен де кесилип тасланасаң! 23 Деген менен, егер яҳудийлер де исенбеўшилигин қойса, ағашқа жєне қайта жалғанады. Ѳйткени Кудай оларды қайтадан жалғап қойыўға қүдиретли. 24 Жабайы зєйтүн ағашынан кесилип алынған шақа болған сен тєбиятқа қарсы түрде жақсы зєйтүн ағашына жалғандың. Солай екен, тєбийғый шақалардың ѳз ағашына қайтадан жалғаныўы буннан да аңсатырақ! 25 Туўысқанларым, билгишсинип кетпеўиңиз ушын, сизлердиң мына сырдан хабарсыз қалыўыңызды қєлемеймен: басқа миллетлерден қутқарылатуғынлардың саны толмағанша, Израил халқының бир бѳлегиниң жүреги тас болып қала береди. 26 Бирақ ақырында пүткил Израил қутқарылады. Мухаддес Жазыўда былай делинген: «Кудай Ийемиз былай дейди: „Кутқарыўшы Ерусалимнен келеди, Ол Яқыптың урпағы болған израиллыларды қудайсызлықтан қутқарады. 27 Олардың гүналарын кеширгенимде, Мениң олар менен дүзген келисимим усы болады“». 28 Хош Хабарды қабыл етпегени себепли, яҳудийлер Кудайға душпан болды. Бул сизлердиң пайдаңыз ушын хызмет етпекте. Деген менен, Кудай олардың ата-бабаларын таңлап алғанлықтан, оларды сүйеди. 29 Себеби Кудай Ѳзиниң сыйларын қайтарып алып, шақырығын бийкарламайды. 30 Сизлер бир ўақытлары Кудайға бойсынбайтуғын едиңлер, бирақ енди яҳудийлер бойсынбағаны себепли, сизлер Кудайдың мийрим-шєпєєтине еристиңлер. 31 Сол сыяқлы, яҳудийлер ҳєзир бойсынбай атырған болса да, сизлердиң Кудайдың мийрим-шєпєєтине ерискениңиз себепли, олар да Кудайдың мийрим-шєпєєтине ериседи. 32 Ѳйткени Кудай ҳємме адамларды олардың бойсынбайтуғын тєбиятына тутқын қылып, оларға Ѳз мийрим-шєпєєтин кѳрсетти. 33 О, Кудайдың байлығы, даналығы ҳєм билими қандай терең! Оның шешимлерине ҳеш кимниң ақылы жетпейди, жолларын да ҳеш ким изертлеп шыға алмайды! 34 «Ийемиздиң ой-пикирлерин ким биле алады? Ким Оған мєслєҳєтши болған?» 35 «Кудайдан қайтарып алыў ушын, Ким Оған алдын ала бир нєрсе берген?» 36 Себеби Кудай пүткил барлықты жаратқан. Ҳєммеси Ол арқалы ҳєм Ол ушын бар болған. Оған мєңгиге даңқ болсын! Аўмийин.
1 Солай етип, ҳєй туўысқанларым, Кудайдың мийрим-шєпєєти ҳақы сизлерге жалбарынаман: ѳзлериңизди Кудайға унайтуғын мухаддес ҳєм тири қурбанлық қылып, Оған бағышлаңлар. Бул сизлердиң Кудай алдындағы ылайықлы хызметиңиз болады. 2 Бул дүньяның адамларына еликлемеңлер. Ал Кудайдың ой-пикирлериңизди жаңалап, Оның сизлерди толық ѳзгертиўине жол қойыңлар. Сонда сизлер Кудайдың жақсы ҳєм минсиз еркин, яғный Оған нениң унайтуғынын айырып билесизлер. 3 Кудайдың маған берген мийриминен пайдаланып, ҳєммеңизге айтып атырман: ѳзиңизди шектен тыс жоқары баҳаламаңлар. Керисинше, ҳєр бир адам Кудайдың ѳзине берген исенимине қарай, ѳзин ылайықлы баҳаласын. 4 Ѳйткени денемиз бир болса да, мүшелеримиз кѳп ҳєм мүшелеримиздиң атқаратуғын хызмети де ҳєр түрли. 5 Сол сыяқлы, бизлер кѳп адам болсақ та, Масихтың бир денесин қураймыз ҳєм ѳз ара байланыс жасайтуғын бир денениң мүшелеримиз. 6 Кудайдың бизлерге берген мийрими бойынша, бизлер ҳєр түрли руўхый сыйларға ийемиз. Кимниң пайына пайғамбаршылық етиў сыйы тийсе, ол исенимине қарай пайғамбаршылық етсин. 7 Хызмет етиў тийсе, хызмет етсин. Тєлим бериў тийсе, тєлим берсин. 8 Ал кимниң пайына жубаныш бериў тийсе, жубаныш берсин. Үлестириўши болыў тийсе, шын кеўилден үлестирсин. Басшылық етиў тийсе, ғайрат пенен басшылық етсин. Мийрим-шєпєєт етиў тийсе, қуўанышлы түрде мийрим-шєпєєт кѳрсетсин. 9 Сүйиспеншилигиңиз ҳақыйқый болсын. Жаманлықтан қашып, жақсылыққа жабысып алыңлар. 10 Бир-бириңизди туўысқанлық сүйиспеншилик пенен шын жүректен сүйиңлер. Бир-бириңизге ѳз ара ҳүрмет кѳрсетиўге тырысыңлар. 11 Интаңыз пєсеймесин. Ериншек болмаңлар. Ийемизге жалынлы руўх пенен хызмет етиңлер. 12 Үмит етип, қуўанып жасаңлар. Кыйыншылықларда сабырлы болыңлар. Үзликсиз дуўа етиңлер. 13 Мүтєжликте жасап атырған исениўшилер менен барыңызды бѳлисиңлер. Миймандос болыўға тырысыңлар. 14 Сизлерди қуўдалайтуғынлар ушын Кудайдан жақсылық тилеңлер. Ѓарғыс емес, ал жақсылық тилеңлер. 15 Куўанып атырғанлар менен бирге қуўанып, жылап атырғанлар менен бирге жылаңлар. 16 Ѳз ара аўызбиришиликли болыңлар: менменликке берилмей, басқалар пєс кѳретуғын адамлар менен қатнас жасаңлар. Ѳзлериңизди басқалардан ақыллы санамаңлар. 17 Ҳеш кимниң жаманлығына жаманлық пенен жуўап қайтармаңлар. Ҳєммениң ойы бойынша жақсы деп саналған ислерди ислеўге тырысыңлар. 18 Егер мүмкин болса, қолыңыздан келгенше, барлық адамлар менен татыўлықта жасаңлар. 19 Сүйикли туўысқанларым! Ѳзиңиз ушын ѳш алмаңлар. Ал буны Кудайға тапсырыңлар. Себеби Мухаддес Жазыўда Ийемиз былай дейди: «Ѳш алыў Мениң қолымда, сазайын Ѳзим беремен». 20 Керисинше: «Душпаның аш болса, оны тойдыр, Шѳллеген болса, суў бер. Сен усылай ислесең, Оны уятқа қалдырасаң». 21 Жаманлықтан жеңилме. Ал, жаманлықты жақсылық пенен жең.
1 Ҳєр бир адам басқарыўшы ҳүкиметке бойсынсын. Ѳйткени Кудайдан болмаған ҳеш қандай ҳүкимет жоқ. Бар болған ҳүкиметлердиң ҳєммеси де Кудай тєрепинен орнатылған. 2 Сонлықтан ҳүкиметке қарсы шыққан адам Кудай орнатқан тєртипке қарсы шыққан болады. Бундай адамлар жазаға ушырайды. 3 Себеби басшылардан жақсылық ислеўшилер емес, ал жаманлық ислеўшилер қорқады. Басшылардан қорқпаўды қєлейсең бе? Онда жақсылық исле. Сонда сен басшының мақтаўына ерисесең. 4 Басшы – сениң пайдаң ушын мийнет ететуғын Кудайдың хызметшиси. Бирақ, егер сен жаманлық ислейтуғын болсаң, қорқ! Ѳйткени ол қылышты бийкарға кѳтерип жүрген жоқ. Ол Кудайдың хызметшиси болып, жаманлық ислеўшини Кудайдың ғєзеби менен жазалайды. 5 Сонлықтан тек Кудайдың ғєзебинен қорққанлықтан емес, ал ҳүжданың бойынша да бойсыныўың тийис. 6 Сизлердиң салық тѳлеўиңиздиң себеби де усы. Себеби салық жыйнаўға бийлиги бар адамлар да ѳз иси менен бєрқулла бєнт болып, Кудайға хызмет етеди. 7 Солай етип, ҳєр кимге тийислисин бериңлер: салық жыйнаўшыға – салық, бажы жыйнаўшыға – бажы бериңлер ҳєм қорқыўға ылайық адамнан қорқып, ҳүрметке ылайық адамға ҳүрмет кѳрсетиңлер. 8 Ҳеш кимге қарыздар болмаңлар. Ҳеш қашан толық ѳтеп болмайтуғын қарыз болған, бир-биреўди сүйиўди тоқтатпаңлар. Ѳйткени басқаларды сүйген адам Мухаддес Нызамды орынлаған болады. 9 «Неке ҳадаллығын бузба, адам ѳлтирме, урлық ислеме, басқаның мүлкин күсеме», – деген буйрықлар ҳєм қалған барлық буйрықлар мына сѳзлерде жємленген: «Ѳзиңди сүйгениң сыяқлы, жаныңдағы адамды да сүй». 10 Жанындағы адамды сүйетуғын оған жаманлық ислемейди. Сонлықтан басқаларды сүйиў – бул Мухаддес Нызамды орынлаў демек. 11 Ҳєзирги заманның қандай екенин билип, усыны орынлаңлар. Енди сизлердиң уйқыдан оянатуғын ўақтыңыз келди. Себеби бизлердиң қутқарылыўымыз бизлер исенген дєслепки ўақытларға қарағанда, ҳєзир жақынырақ. 12 Түн ѳтип, күндиз жақынлады. Сонлықтан қараңғылықтың ислерин таслап, нурдың саўыт-қуралларын тағып алайық. 13 Айшы-єширетке ҳєм мєскүнемликке, ҳарамылыққа ҳєм бузықшылыққа, жєнжел ҳєм күншилликке берилмейик. Күндизге жарасатуғын єдепли ѳмир сүрейик. 14 Ийемиз Ийса Масихтың сизлерди басқарыўына жол қойыңлар ҳєм гүнакар тєбиятыңыздың жаман қєлеўлерине бойсынбаңлар.
1 Исеними ҳєлсиз адамды оның пикирлери ҳаққында тартыспай қабыл етиңлер. 2 Мысалы: биреў ҳємме нєрсени жеўге болады деп исенеди. Ал исеними ҳєлсиз болған тек палыз ѳнимлерин ғана жейди. 3 Ҳємме нєрсени жейтуғын адам жемейтуғын адамды пєс кѳрмесин. Айырым нєрселерди жемейтуғын адам жейтуғын адамды ҳүким етпесин. Ѳйткени Кудай екеўин де қабыл еткен. 4 Басқаның хызметшисин ҳүким ететуғындай, сен кимсең? Хызметши ѳз хожайынының алдында турады ямаса жығылады. Ол аяққа турғызылады. Себеби оны аяққа турғызыўға Ийемиздиң қүдирети жетеди. 5 Жєне де, биреў бир күнди басқа күннен єҳмийетлирек деп санайды, ал басқа биреў ушын ҳємме күн бирдей. Ҳєр бир адам ѳз кѳз қарасында толық исенимге ийе болсын. 6 Күнлерди айрықша қылып белгилейтуғын оларды Ийемиз ушын белгилейди. Ал ҳємме нєрсени жейтуғын адам Кудайға шүкирлик етип, оларды Ийемиз ушын жейди. Айырым нєрселерди жемейтуғын адам да Ийемиз ушын жемейди ҳєм Кудайға шүкирлик етеди. 7 Ѳйткени ҳеш биримиз тек ѳзимиз ушын жасамаймыз ҳєм ҳеш биримиз де тек ѳзимиз ушын ѳлмеймиз. 8 Жасасақ, Ийемиз ушын жасаймыз. Ѳлсек те, Ийемиз ушын ѳлемиз. Солай етип, жасасақ та, ѳлсек те Ийемизге тийислимиз. 9 Усы мақсетте Масих ѳлип, ѳлимнен қайта тирилди. Сонлықтан Ол ѳлилердиң де, тирилердиң де Ийеси болды. 10 Олай болса, сен неге туўысқаныңды ҳүким етесең? Неге туўысқаныңды пєс кѳресең? Ҳєммемиз де Кудайдың ҳүким гүрсиси алдында жуўап беремиз-ғо. 11 Мухаддес Жазыўда Ийемиз былай дейди: «Тирилигим ҳақы ант ишемен: Ҳєр бир адам Мениң алдымда дизе бүгеди. Ҳєр бир адам Мениң Кудай екенимди ашық тєн алады». 12 Солай етип, ҳєр бир адам ѳзи ушын ѳзи Кудай алдында жуўап береди. 13 Сонлықтан буннан былай, бир-биримизди ҳүким етпейик. Керисинше, туўысқаныңызды азғырыўға салмаўға ҳєм оның исенимине зыян келтирмеўге тырысыңлар. 14 Ийемиз Ийсаға тийисли бир адам сыпатында мынаны билемен ҳєм анық исенемен: ҳеш бир нєрсе ѳзлигинен ҳарам емес. Бирақ, бир нєрсени ҳарам деп есаплаған адам ушын сол нєрсе ҳарам болады. 15 Егер туўысқаның сен жейтуғын нєрсе себепли қапа болса, онда сен сүйиспеншилик пенен ис тутып атырған жоқсаң. Жейтуғын нєрсең менен оның исенимин набыт қылма! Себеби Масих бул адам ушын да ѳлген-ғо. 16 Сизлер жақсы деп есаплаған нєрсеге сѳз келмесин. 17 Ѳйткени Кудайдың Патшалығы жейтуғын ҳєм ишетуғын нєрселерден ибарат емес, ал ҳақлық, тынышлық ҳєм Мухаддес Руўх беретуғын қуўаныштан ибарат. 18 Масихқа усы жол менен хызмет ететуғын адам Кудайға унайды ҳєм ол адамлардың мақтаўына ылайық. 19 Солай етип, ѳзлеримизди тынышлық алып келетуғын ҳєм ѳз ара руўхый күш беретуғын ислерге бағышлайық. 20 Жейтуғын нєрсе себепли, Кудайдың ислерин бузба! Жейтуғын ҳємме нєрсе ҳадал. Бирақ, жейтуғын нєрсеси арқалы басқа адамды азғырыўға салған жаман ис қылған болады. 21 Гѳш жеўиң, арақ-шарап ишиўиң ямаса басқа бир нєрсе ислеўиң туўысқаныңды азғырыўға салатуғын болса, онда бундай ислерди ислемегениң дурыс. 22 Булар бойынша исенимиңди ѳзиң менен Кудайдың арасында сақла. Ѳзи дурыс деп есаплайтуғын исти ислегени ушын, ѳзин айыпламайтуғын адам қандай бахытлы! 23 Бирақ, екиленип жейтуғын адам ҳүким етиледи. Себеби ол буны исеним менен ислемеген болады. Ал исеним менен исленбеген ҳєр бир ис – гүна.
1 Исеними күшли болған бизлер тек ѳзимиздиң мєпимизди ойламай, исеними ҳєлсиз болғанлардың ҳєлсизликлерин кѳтерисиўге парызлымыз. 2 Ҳєр биримиз жанымыздағы адамға руўхый күш бериў ушын, ол ушын жақсы болған нєрсени гѳзлеп, оның мєпин ойлайық. 3 Ѳйткени Масих та Ѳзиниң мєпин ойламады. Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Саған тил тийгизгенлердиң жаман сѳзлери Маған тийди». 4 Бурын Мухаддес Жазыўларда айтылғанлардың ҳєммеси де бизлерге тєлим бериў ушын жазылған. Солай етип, бизлер олар арқалы сабырлылық ҳєм жубаныш таўып, үмит пенен жасай аламыз. 5 Сабырлылық ҳєм жубаныштың тийкары болған Кудайдың Ѳзи сизлердиң Масих Ийсадан ѳрнек алып, аўызбиришилик пенен жасаўыңызға жєрдем етсин. 6 Солай етип, сизлер Ийемиз Ийса Масихтың Єкеси болған Кудайды биргеликте ҳєм бир аўыздан алғыслайсызлар. 7 Сонлықтан Кудайдың алғысланыўы ушын Масих сизлерди қабыл еткениндей, сизлер де бир-бириңизди қабыл етиңлер. 8 Себеби мениң айтатуғыным мынаў: Кудайдың яҳудийлердиң ата-бабаларына берген ўєдесин ємелге асырып, Оның садық екенин кѳрсетиў ушын, Масих яҳудийлердиң хызметшиси болды. 9 Масих буны Мухаддес Жазыўда: «Сени басқа миллетлер арасында алғыслайман ҳєм Сениң атыңды жырлайман», – деп айтылғандай, басқа миллетлердиң де Кудайдың мийрим-шєпєєтине ерисип, Кудайды алғыслаўы ушын иследи. 10 Мухаддес Жазыўда жєне де: «Ҳєй, басқа миллетлер, Кудайдың халқы менен бирге шадланыңлар!» – делинген. 11 Тағы да былай делинген: «Ҳєй, барлық басқа миллетлер, Кудай Ийемизди алғыслаңлар! Ҳємме халықлар Оны мақтаңлар!» 12 Ийшая пайғамбар да былай дейди: «Ишайдың урпағынан бири келип, Басқа миллетлерди басқарады. Олар Оннан үмит етип жасайды». 13 Үмиттиң тийкары болған Кудай Мухаддес Руўхтың күши менен үмитке толып тасыўыңыз ушын, кеўиллериңизди исенимиңиз арқалы қуўаныш ҳєм тынышлыққа толтырсын. 14 Туўысқанларым, ал енди сизлерге келсек, сизлердиң жақсылыққа толы ҳєм ҳєр түрли билимге бай екениңизге, єсиресе бир-бириңизге ақыл-нєсият бере алатуғыныңызға мен толық исенемен. 15 Бирақ, Кудайдың маған берген мийрими менен сизлерге еслетип қойыў ушын, бул хаттың айырым жерлерин батыллық пенен жаздым. 16 Мен Кудайдың усы мийрими менен, басқа миллетлер ушын Масих Ийсаның хызметшиси болдым. Басқа миллетлер Мухаддес Руўх пенен мухаддес қылынып, Кудайға унайтуғын сый болыўы ушын, мен Кудайдың Хош Хабарын бир руўханий сыпатында жєриялап атырман. 17 Сонлықтан мен Масих Ийсаға тийисли болып, Кудайға деген хызметим менен мақтана аламан. 18 Масих мениң менен бирге болып, басқа миллетлердиң Кудайға бойсыныўы ушын, сѳзлерим ҳєм ис-ҳєрекетлерим арқалы ислегенлеринен басқа ҳеш нєрсе ҳаққында айтыўға батылым жетпейди: 19 бул ислер кєраматлы белгилердиң ҳєм таң қаларлық нєрселердиң күши менен, жєне де Мухаддес Руўхтың қүдирети менен исленди. Солай етип, мен Ерусалимнен баслап Иллирик үлкесине дейин аралап, Масихтың Хош Хабарын ҳємме жерге жєрияладым. 20 Басқа бир адамның салған тырнақ тасының үстине имарат қурмайын деп, мен Хош Хабарды Масихтың атын еле еситпеген жерлерде жєриялаўға тырыстым. 21 Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Оннан хабарсыз болғанлар кѳреди, Еситпегенлер түсинеди». 22 Мине, усы себеп жаныңызға барыўыма маған кѳп мєртебе иркиниш жасады. 23 Енди болса, бул жерлерде мен ислейтуғын ҳеш нєрсе қалмады. Жєне де, мен қанша жыллардан бери сизлерге барыўды арзыў еткеним себепли, 24 Испанияға қарай жолға шықсам, сизлерге бармақшыман. Ѳтип баратырғанымда алды менен сизлерди кѳрип, бираз дийдарыңызға тойғанымнан соң, маған жєрдем етип, сол жаққа шығарып саласыз, деген үмиттемен. 25 Ал ҳєзир болса, мен Ерусалимге барып, сол жердеги исениўшилерге жєрдем бермекшимен. 26 Ѳйткени Македония менен Ахаядағы исениўшилер Ерусалимдеги исениўшилер арасындағы мүтєжликте жасайтуғынлар ушын ақшалай жєрдем етиўди мақул кѳрди. 27 Аўа, мақул кѳрди. Олар ҳақыйқаттан да, Ерусалимдеги исениўшилер алдында қарыздар. Себеби ѳзлери Хош Хабар арқалы алған руўхый жарылқаўларды яҳудий исениўшилери басқа миллетлер менен бѳлискенликтен, басқа миллет исениўшилери де оларға ақшалай жєрдем берип, хызмет етиўге парызлы. 28 Солай етип, жыйналған ғєрежетти оларға жеткизип, усы исти орынлағанымнан соң, жол-жѳнекей сизлер менен дийдар кѳрисип, Испанияға кетемен. 29 Жаныңызға барғанымда, сизлерге Масихтың толық жарылқаўын апаратуғынымды билемен. 30 Туўысқанларым, Ийемиз Ийса Масихтың аты менен ҳєм Мухаддес Руўхтың сүйиспеншилиги менен сизлерге жалбарынаман: мениң менен бирге Кудайға дуўа етип, мен ушын бар жигериңиз бенен сораңлар. 31 Яҳудиядағы исенбейтуғын адамлардан қутылыўым ушын ҳєм Ерусалимдеги хызметимди сол жердеги исениўшилер қуўаныш пенен қабыл алыўы ушын дуўа етиңлер. 32 Жєне де, Кудай қєлесе, мен сизлердиң жаныңызға қуўаныш пенен барып, сизлер менен бирге кеўлимди хошлаўым ушын да сораңлар. 33 Тынышлық бериўши Кудайдың Ѳзи ҳєммеңизге яр болсын! Аўмийин.
1 Кенхреядағы исениўшилер жємєєтиниң хызметшиси болған Фиба апамызды сизлерге тапсыраман. 2 Оны мухаддеслерге минєсип түрде, Ийемиздиң аты менен қабыл қылыңлар. Жєне де, оның қандай мүтєжлиги болса да, жєрдем етиңлер. Ѳйткени ол да кѳп адамларға, соның ишинде маған жєрдемши болды. 3 Мениң менен бирге Масих Ийсаға хызмет етиўши Прискила ҳєм Акилаға сєлем айтыңлар. 4 Олар мениң жаным ушын ѳз ѳмирин қєўип астына қойды. Буның ушын тек мен емес, ал басқа миллетлердиң ҳємме исениўши жємєєтлери де оларға миннетдар. 5 Олардың үйиндеги исениўшилер жємєєтине де сєлем айтыңлар. Азия үлкесинен биринши болып Ийсаға исенген сүйикли туўысқаным Епенетусқа сєлем айтыңлар. 6 Сизлер ушын кѳп мийнет еткен Мєриямға сєлем айтыңлар. 7 Масихтың елшилери арасында абырайлы болған, меннен бурын Масихқа исенген ағайинлерим ҳєм қамақта бирге болған досларым Андроник пенен Юнияға сєлем айтыңлар. 8 Ийемизге тийисли болған сүйикли туўысқаным Амплиятусқа сєлем айтыңлар. 9 Бизлер менен бирге Масихқа хызмет ететуғын Урбанусқа ҳєм сүйикли туўысқаным Стахияға сєлем айтыңлар. 10 Сынақтан ѳтип, Масихқа ылайықлы деп табылған Апелисқа сєлем айтыңлар. Аристобулдың үй-ишине сєлем айтыңлар. 11 Ағайиним Иродионға сєлем айтыңлар. Наркистиң үй-ишиндеги Ийемизге тийисли болғанларға сєлем айтыңлар. 12 Ийемиздиң хызметинде мийнет етип атырған ҳаяллар: Трифен ҳєм Трифосқа сєлем айтыңлар. Ийемизге хызмет етиў жолында кѳп мийнет еткен ҳаял – сүйикли туўысқаным Персиске сєлем айтыңлар. 13 Ийемиз тєрепинен таңлап алынған Руфусқа ҳєм мен ушын анамдай болған оның анасына сєлем айтыңлар. 14 Асинкрит, Флегон, Гермес, Патровас, Гермас ҳєм олардың жанындағы туўысқанларға сєлем айтыңлар. 15 Филологус ҳєм Юлияға, Нирей ҳєм оның қарындасына, Олимпасқа ҳєм олардың жанындағы барлық исениўшилерге сєлем айтыңлар. 16 Бир-бириңизди мухаддес поса менен сүйип, сєлемлесиңлер. Масихқа тийисли болған ҳємме жємєєтлер сизлерге сєлем айтып атыр. 17 Туўысқанларым, сизлерге жалбарынаман, ѳзлериңизге үйретилген тєлийматқа қарсы шығып, алаўызлық ҳєм азғырыў алып келетуғын адамлардан сақ болып, олардан аўлақ жүриңлер. 18 Себеби бундай адамлар Ийемиз Масихқа емес, ал ѳз қарынларына хызмет етеди. Олар сада адамларды майлы тил ҳєм жағымпазлық сѳзлери менен алдайды. 19 Сизлердиң Кудайға бойсынып жасайтуғыныңыз ҳєммеге мєлим болды. Мен сол себептен қуўанышлыман ҳєм сизлердиң жақсылық ислеўде дана болыўыңызды, ал жаманлық ислеўде сада болыўыңызды қєлеймен. 20 Тынышлық бериўши Кудайдың Ѳзи жақын арада шайтанды аяқларыңыздың астында езип таслайды. Ийемиз Ийсаның мийрими сизлерге яр болсын! 21 Мениң менен бирге хызмет етиўши Тимофей, ағайинлерим Лукий, Ясон ҳєм Сосипатер сизлерге сєлем айтып атыр. 22 Бул хатты Павелдиң аўзынан жазып отырған мен, Тертий де, исениўши туўысқаныңыз сыпатында сизлерге сєлем жоллайман. 23 Мен ушын ҳєм пүткил исениўшилер жємєєти ушын ѳз үйинен орын берген Гаюс сизлерге сєлем айтып атыр. Жєне де, қала қазнашысы Ерастус ҳєм туўысқанымыз Куартус сизлерге сєлем айтып атыр. 25 Мен жєриялап жүрген Ийса Масих ҳаққында Хош Хабар арқалы, яғный Ѳзи єййемги ўақытлардан бери қупыя тутқан сырын ашыўы арқалы Кудай сизлердиң исенимиңизди беккемлейтуғын қүдиретке ийе. 26 Усы сыр пайғамбарлардың Жазыўлары арқалы ҳєзир ашылып, мєңги жасайтуғын Кудайдың буйрығы бойынша, барлық миллетлерге мєлим етилди. Бул барлық миллетлердиң Кудайға исенип, Оған бойсынып жасаўы ушын болды. 27 Жалғыз ҳєм дана Кудайға Ийса Масих арқалы мєңгиге даңқ болсын! Аўмийин.
1 Кудайдың қєлеўи менен Масих Ийсаның елшиси болыўға шақырылған мен, Павелден ҳєм туўысқанымыз Состенистен, 2 Коринф қаласындағы Кудайдың жємєєтине сєлем! Бизлер бул хатты Ийемиз Ийса Масихтың атын ҳємме жерде айтып шақырыўшылардың ҳєммеси менен бирге Масих Ийса арқалы мухаддес қылынған ҳєм мухаддеслер деп аталған сизлерге жазып атырмыз. Ийса Масих – олардың да, бизлердиң де Ийемиз. 3 Єкемиз Кудай ҳєм Ийемиз Ийса Масих сизлерге мийрим ҳєм тынышлық берсин! 4 Кудайдың Масих Ийса арқалы сизлерге берген мийрими себепли, сизлер ушын Кудайыма бєрқулла шүкирлик билдиремен. 5 Ѳйткени сизлер Масих пенен қатнас жасағанлықтан, ҳєр тєреплеме бай болдыңлар. Єсиресе Кудайдың сѳзин айтыўда шешен ҳєм ҳєр қыйлы билимге ийе болдыңлар. 6 Бизлердиң Масих Ийса ҳаққында гүўалығымыз сизлердиң ѳмириңизде усылай тастыйықланды. 7 Солай етип, сизлер ҳеш қандай руўхый сыйдан кемшилик кѳрмей, Масихтың қайта келиўин интизарлық пенен күтесизлер. 8 Ийемиз Ийса Масих келетуғын күни айыпсыз болыўыңыз ушын, Кудай сизлерди ақырына дейин беккем қылады. 9 Сизлерди Ѳз Улы Ийемиз Ийса Масих пенен қатнаста болыўға шақырған Кудай – садық. 10 Туўысқанларым! Ийемиз Ийса Масихтың атының бийлиги менен ескертемен: ҳєммеңиз аўызбиришиликли болыңлар. Араңызда бѳлиниў болмай, бир ой ҳєм бир мақсет пенен бирлесиңлер. 11 Себеби туўысқанларым, Хлойстың үй-ишиндеги адамлардан араңызда тартыслар бар екенин билдим. 12 Мениң айтажағым мынаў: сизлер: «Мен Павелге тийислимен», «Мен Аполосқа тийислимен», «Мен Кифаға тийислимен» ямаса «Мен Масихқа тийислимен» деп айтып жүрген қусайсыз. 13 Масих бѳлинди ме? Сизлер ушын атанақ ағашқа Павел шегеленип пе еди? Сизлер Павелдиң аты менен суўға шомылдырылған ба едиңиз? 14 Мен сизлердиң араңыздан Криспус пенен Гаюстан басқа ҳеш кимди суўға шомылдырмағаным ушын Кудайға шүкирлик етемен. 15 Сонлықтан ҳеш ким мениң атым менен суўға шомылдырылдым, деп айта алмайды. 16 Рас, мен тағы Степанның үйи ишиндегилерди де суўға шомылдырдым. Булардан басқа жєне кимлерди суўға шомылдырғанымды есиме түсире алмайман. 17 Масих мени суўға шомылдырыў ушын емес, ал Хош Хабарды жєриялаў ушын жиберди. Масихтың атанақ ағаштағы ѳлими єҳмийетин жойтпаўы ушын, мен Хош Хабарды дана сѳзлерге тийкарланбай жєрияладым. 18 Масихтың атанақ ағашы ҳаққында сѳзлер набыт болатуғынлар ушын ақмақлық, бирақ қутқарылатуғын бизлер ушын Кудайдың қүдирети. 19 Ѳйткени Мухаддес Жазыўда Кудай былай деген: «Даналардың даналығын жоқ етемен, Ақыллы адамлардың ақылын босқа шығараман». 20 Олай болса, дана адам қєне? Алым қєне? Ҳєзирги заманның ойшылы қєне? Кудай дүньяның даналығын ақылсызлыққа айландырмады ма? 21 Себеби дүньяның ѳз ақыл-даналығы менен Кудайды билмеўи Кудайдың даналығы бойынша болды. Сонлықтан Кудай исенген адамларды бизлердиң ақылсыз деп саналған ўазымыз бенен қутқарыўды мақул кѳрди. 22 Яҳудийлер кєраматлы белгилер кѳрсетиўимизди талап етеди, греклер ўазымыздан даналық излейди. 23 Бирақ бизлер атанақ ағашқа шегеленген Масих ҳаққында жєриялап атырмыз. Яҳудийлер ушын бул тосқынлық болады, ал басқа миллетлер ушын ақылсызлық болып кѳринеди. 24 Кудай тєрепинен таңланғанлар ушын болса, ол я яҳудий болсын, я грек болсын, атанақ ағашқа шегеленген усы Масих – Кудайдың қүдирети ҳєм Оның даналығы. 25 Ѳйткени Кудайдың «ақылсызлығы» адамның даналығынан анағурлым үстинирек, Кудайдың «ҳєлсизлиги» адамның күшинен анағурлым қүдиретлирек. 26 Туўысқанларым, Кудай тєрепинен шақырылған ўақтыңызда ким болғаныңызды еске түсирип кѳриңлер. Адамның кѳз қарасы бойынша араңызда даналар да, бийликке ийе адамлар да, ақсүйек адамлар да кѳп емес еди. 27 Бирақ, Кудай даналарды уятқа қалдырыў ушын, дүнья ақылсыз деп санаған адамларды, күшлилерди уятқа қалдырыў ушын, дүнья ҳєлсиз деп санаған адамларды таңлады. 28 Ол жєне де, дүнья єҳмийетли деп санағанларды арзымас қылыў ушын, дүнья шығысы тѳмен, пєс ҳєм єҳмийетсиз деп санағанларды таңлады. 29 Кудай буны Ѳзиниң алдында ҳеш бир адам мақтанбаўы ушын иследи. 30 Бирақ, сизлер ѳмириңиздиң тийкары болған Кудай себепли, Масих Ийса менен қарым-қатнасқа ийесиз. Масих бизлер ушын Кудайдың даналығы болып, бизлерди ақлап, мухаддес қылды ҳєм гүналарымыз ушын тѳлем тѳлеп қутқарды. 31 Солай етип, Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Мақтанатуғын адам Ийемиз бенен мақтансын».
1 Туўысқанларым, мен сизлерге барып, Кудайдың сырын жєриялағанымда, шешен сѳзлер ямаса артықмаш даналық қолланбадым. 2 Себеби араңызда болған ўақтымда, тек Ийса Масихқа ҳєм Оның атанақ ағашқа шегелениўине ғана айрықша дыққат аўдарыўға қарар еттим. 3 Мен сизлерге ҳєлсизлик, қорқыныш ҳєм қатты дирилди менен бардым. 4 Сѳйлеген сѳзим ҳєм айтқан ўазым адам ақылының исендириўши сѳзлерине емес, ал Мухаддес Руўхтың Ѳз қүдирети менен кѳрсеткен дєлилине тийкарланған еди. 5 Мениң бундағы мақсетим – исенимиңиздиң адамның ақылына емес, ал Кудайдың қүдиретине тийкарланыўы еди. 6 Деген менен, бизлер руўхый жетискен адамлар арасында дана сѳзлер сѳйлеймиз. Бирақ бул даналық усы дүньяның ҳєм оның ѳткинши ҳүкимдарларының даналығы емес. 7 Бизлер Кудайдың жасырын ҳєм сырлы болған даналығы ҳаққында сѳз етип атырмыз. Кудай дүньяны жаратпастан бурын оны бизлердиң даңққа ерисиўимиз ушын арнап қойған еди. 8 Бул даналықты усы дүньядағы ҳүкимдарлардың ҳеш бири түсинбеди. Егер түсингенде, уллы Ийемизди атанақ ағашқа шегелемеген болар еди. 9 Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Кѳз кѳрип, қулақ еситпеген, Адамның ойына кирип те шықпаған нєрселерди, Кудай Ѳзин сүйетуғынлар ушын таярлап қойыпты». 10 Бирақ, Кудай буны бизлерге Ѳзиниң Мухаддес Руўхы арқалы ашып берди. Ѳйткени Мухаддес Руўх ҳємме нєрсени, ҳєтте, Кудайдың терең ой-пикирлерин де биледи. 11 Адамның ойларын оның ишиндеги руўхтан басқа ким биле алады? Сол сыяқлы, Кудайдың ой-пикирлерин де Оның Мухаддес Руўхынан басқа ҳеш ким биле алмайды. 12 Кудайдың бизлерге берген мийримли сыйларын билиўимиз ушын, бизлер бул дүньяның руўхын емес, ал Кудайдың Руўхын қабыл еттик. 13 Бизлер бул сыйлар ҳаққында адамның ақылы үйреткен сѳзлер менен емес, ал Мухаддес Руўх үйреткен сѳзлер менен сѳйлеймиз. Яғный, руўхый нєрселерди руўхый сѳзлер менен түсиндиремиз. 14 Ѳз тєбияты бойынша жасайтуғын адам Кудайдың Руўхы беретуғын нєрселерди қабыл етпейди. Себеби ол буларды ақмақлық деп санайды. Оларды тек Мухаддес Руўхтың жєрдеминде түсиниў керек болғанлықтан, ол түсине алмайды. 15 Мухаддес Руўхқа бойсынатуғын адам Мухаддес Руўх тєрепинен берилген ҳємме нєрсени түсине алады, бирақ оны Мухаддес Руўхқа бойсынбайтуғын адамлар түсине алмайды. 16 «Жаратқан Ийемиздиң ойындағысын ким биле алады? Оған ким ақыл бере алады?» Бирақ, бизлер Масихтың ақыл-ойына ийемиз.
1 Туўысқанларым! Мен сизлерге Мухаддес Руўхқа бойсынатуғынларға сѳйлегендей, сѳйлей алмадым. Мен сизлерге гүнакар тєбиятқа бойсынатуғынларға, яғный Масих пенен болған қатнаста еле гѳдеклик дєрежесинде болғанларға сѳйлегендей, сѳйледим. 2 Мен сизлерге күшли аўқат емес, ал сүт бердим. Ѳйткени сизлер еле күшли аўқатты жеўге єззилик қылатуғын едиңиз. Ҳєтте, ҳєзир де оны жеўге єззилик қыласызлар. 3 Себеби сизлер еле де гүнакар тєбиятыңызға бойсынасызлар. Араңызда қызғаншақлық ҳєм тартыслардың болғаны, сизлердиң гүнакар тєбиятыңызға бойсынып, исенбейтуғын адамлар сыяқлы жасап атырғаныңызды кѳрсетпей ме? 4 Бириңиз: «Мен Павелге тийислимен», басқа бириңиз: «Мен Аполосқа тийислимен» десе, сизлер исенбейтуғын адамлар сыяқлы болып қалмайсызлар ма? 5 Олай болса, Аполос ким? Павел ким? Аполос ҳєм мен – сизлердиң тек исенимге келиўиңиз ушын қойылған Кудайдың хызметкерлеримиз ғана. Ийемиз ҳєр биримизге хызмет тапсырған. 6 Туқымды мен ектим, Аполос суўғарды. Бирақ, егинди Кудай ѳсирди. 7 Солай етип, еккен адам да, суўғарған адам да єҳмийетли емес, ал егинди ѳсирген Кудай єҳмийетли. 8 Еккен адам менен суўғарған адамның мақсети бир. Олардың ҳєр бири ѳз мийнетиниң ҳақысын алады. 9 Бизлер Кудай менен бирге ислеймиз. Ал сизлер – Кудайдың атызы ҳєм имаратысыз. 10 Кудайдың ѳзиме берген мийрими менен, мен уста қурыўшы сыяқлы тийкар салдым. Басқалары усы тийкардың үстине имарат салмақта. Бирақ, ҳєр бир адам қалай салып атырғанына дыққат аўдарсын. 11 Ѳйткени ҳеш бир адам салынған тийкардан басқа, яғный Ийса Масихтан басқа бир тийкар сала алмайды. 12 Усы тийкардың үстине адамлар алтыннан, гүмистен, ҳасыл таслардан, ағаштан, пишеннен ямаса сабаннан имарат салады. 13 Деген менен, ҳєр бир адамның ислеген иси ақырзаманда ашылып, отта белгили болады. Себеби ҳєр бир адамның исиниң қандай екенлигин от сынап береди. 14 Кимниң салғаны отқа шыдаса, ол сыйлық алады. 15 Ал шыдамай жанып кетсе, зыян кѳреди. Оның ѳзи қутылады, бирақ оттың ишинен қашқандай болып қутылады. 16 Ѳзлериңиздиң Кудайдың ибадатханасы екениңизди ҳєм Кудайдың Руўхы ишиңизде жасап атырғанын сизлер ҳақыйқаттан да билмейсизлер ме? 17 Егер ким де ким Кудайдың ибадатханасын бузса, оны Кудай урады. Ѳйткени Кудайдың ибадатханасы – мухаддес ҳєм сол ибадатхана сизлерсиз. 18 Ҳеш бир адам ѳзин ѳзи алдамасын. Егер араңыздағы бириңиз ѳзин бул дүньяның кѳз қарасы бойынша данаман деп есапласа, Кудай нєзеринде дана болыў ушын, бул дүньяның кѳз қарасы бойынша «ақылсыз» болсын. 19 Себеби бул дүньяның даналығы Кудай нєзеринде ақылсызлық болады. Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Ол даналарды олардың ҳийлелери менен қолға түсиреди». 20 Жєне де: «Даналардың ой-пикирлериниң пуш екенлигин Ийемиз биледи», – деп жазылған. 21 Сонлықтан ҳеш бир адам адамлар менен мақтанбасын. Ѳйткени ҳєммеси сизлерге тийисли: 22 Павел де, Аполос та, Кифа да, дүнья да, ѳмир ҳєм ѳлим де, ҳєзирги ҳєм келешек заман да, ҳєммеси сизлерге тийисли. 23 Сизлер Масихқа тийислисиз, ал Масих Кудайға тийисли.
1 Солай етип, адамлар Масихтың елшилери болған бизлерди Масихтың хызметшилери ҳєм Кудайдың сырларын аян етиўши хызметкерлер деп есапласын. 2 Ал хызметкерлерден талап етилетуғын ең баслы нєрсе – садықлық. 3 Мени сизлердиң ямаса басқа адамлардың қалай ҳүким етиўи мен ушын єҳмийетли емес. Ҳєтте, мен ѳзим де ѳзимди ҳүким етпеймен. 4 Себеби мениң ҳүжданым таза. Бирақ, мен усы себептен ақланбайман. Мени ҳүким ететуғын – Ийемиздиң Ѳзи. 5 Сонлықтан Ийемиз келиўге дейин, белгиленген ўақыттан бурын ҳеш бир нєрсени ҳүким етпеңлер. Ол қараңғылықта жасырылған нєрселерди жақтыға шығарып, адамлардың кеўиллериндеги нийетлерин ашып кѳрсетеди. Сонда ҳєр бир адам Кудайдан ѳзине ылайық мақтаў алады. 6 Туўысқанларым! Алдында айтылғанларды түсиниўиңиз ушын, мен ѳзимди ҳєм Аполосты мысал етип кѳрсеттим. Буны мен Мухаддес Жазыўда айтылғанлардан шетке шығып кетпеўди бизлерден үйрениўиңиз ушын ҳєм ҳеш қайсысыңыз бир адамды екинши адамнан жоқары қойып, менменсип кетпеўиңиз ушын иследим. 7 Ҳеш ким сени басқалардан үстин қылып қойған жоқ-ғо. Сениң Кудайдан алмаған нєрсең бар ма? Кудайдан ҳєммесин алған болсаң, Оннан алмағандай болып мақтанғаның қалай болғаны? 8 Сизлер енди керекли ҳємме нєрсемиз бар деп ойлайсызлар. Сизлер байып кетипсизлер, бизлерсиз патшалық етпектесизлер! Кєне енди, сизлер ҳақыйқаттан да, патшалар болсаңыз, сонда бизлер де сизлер менен бирге патшалық етер едик! 9 Мениң ойымша, Кудай биз елшилерди ең єҳмийетсиз адамлар қылып, ҳєммениң кѳз алдына шығарды. Бизлер ѳлимге ҳүким етилген адамлар сыяқлы болғанымыз себепли, периштелер ушын да, адамлар ушын да, яғный пүткил дүнья ушын бир тамаша болдық. 10 Дүньяның пикири бойынша, бизлер Масих ушын ақылсыз, бирақ сизлер Масих пенен қатнаста болып ақыллы болдыңлар! Бизлер ҳєлсизбиз, бирақ сизлер күшлисиз! Сизлер ҳүрметли адамларсыз, бирақ бизлер иззетсиз адамлармыз! 11 Бизлер усы ўақытқа дейин ашлыққа ҳєм шѳлге шыдап келемиз, жалаңашпыз, таяқ жеймиз, үй-жайсыз сергизданбыз. 12 Ѳз қолларымыз бенен аўыр мийнет ислеймиз. Бизлерди нєлетлегенлерге жақсы тилек тилеймиз. Куўдалансақ, шыдаймыз. 13 Масқаралағанда, мүлєйимлилик пенен жуўап беремиз. Усы ўақытқа дейин дүньяның сыпырындысы, пүткил адамзаттың тасландысы болдық. 14 Буларды сизлерди уялтыў ушын емес, ал сүйикли балаларым болған сизлерди ақылландырыў ушын жазып атырман. 15 Ѳйткени Масихтың жолын үйрететуғын мың-мыңлаған устазыңыз болса да, єкеңиз биреў. Масих Ийса менен қатнаста болыўыңыз ушын, сизлерге Хош Хабарды жєриялаўым арқалы мен сизлердиң єкеңиз болдым. 16 Сол себептен сизлерден ѳтиниш етемен: меннен ѳрнек алыңлар. 17 Ийемизге садық болған сүйикли балам Тимофейди усы мақсет пенен сизлерге жибердим. Ҳємме жерде, исениўшилердиң ҳєр бир жємєєтинде берген тєлимиме сай болған, мениң Масих пенен бирге басып ѳткен жолымды ол сизлердиң есиңизге түсиреди. 18 Мени келмейди деп, араңыздағы базыларыңыз менменсип кетипти. 19 Бирақ, Ийемиз қєлесе, жақын арада сизлерге бараман. Сонда менменсип кеткен сол адамлардың тек сѳзлерин емес, ал оларда Кудайдың күши бар ма я жоқ па, соны сынап кѳремен. 20 Себеби Кудайдың Патшалығы сѳзден емес, ал Кудайдың күшинен ибарат. 21 Сизлер нени қєлейсизлер? Сизлерге таяқ пенен барайын ба ямаса сүйиспеншилик ҳєм мүлєйимлилик пенен бе?
1 Сизлердиң араңызда бузықшылық исленип атырғаны ҳаққында анық хабарлар бар. Ҳєтте, Кудайға исенбейтуғынлар арасында да ушыраспайтуғын бузықшылық исленипти: араңыздағы бириңиз єкесиниң ҳаялы, яғный ѳгей анасы менен жасайтуғын қусайды. 2 Усылай болса да, сизлер менменликке берилип кетипсизлер. Буның орнына қайғырып, усындай ис қылғанды араңыздан қуўып шығарыўыңыз керек емес пе еди? 3 Мениң ѳзим араңызда болмасам да, руўхым сизлер менен бирге. Сонлықтан ѳзим араңызда болғандай, усындай исти ислегенди ҳүким етиўге қарар қылдым. 4 Сизлер Ийемиз Ийсаның аты менен жыйналғаныңызда, Ийемиз Ийсаның қүдирети менен мениң руўхым да сизлер менен бирге болады. 5 Сонда бул адамның гүнакар тєбияты набыт болып, руўхы Ийемиз Ийса Масих келген күни қутқарылыўы ушын оны жємєєттен қуўып шығарып, шайтанға тапсырың. 6 Сизлердиң мақтанғаныңыз дурыс емес. Азғантай ашытқы пүткил қамырды ашытатуғынын билмейсизлер ме? 7 Сонлықтан сизлер ески ашытқыдан тазаланып, жаңа қамыр болыңлар. Сизлер негизинде ашытқысыз қамырсызлар. Ѳйткени Кутқарылыў байрамының Козысы болған Масих бизлер ушын қурбанлыққа берилди. 8 Сонлықтан ески ашытқы менен, яғный жаўызлық ҳєм жаманлық пенен емес, ал пєклик ҳєм ҳақыйқатлық пенен, яғный ашытқысыз нан менен байрамлайық. 9 Мен ѳз хатымда бузықшылық ислейтуғынлар менен қатнас жасамаң, деп сизлерге жазған едим. 10 Деген менен, мен улыўма бул дүньядағы бузық, нєпсиқаў, тонаўшы ямаса бутпараз адамларды нєзерде тутқан жоқпан. Егер олай болғанда, сизлер бул дүньядан шығып кетиўге мєжбүр болар едиңлер! 11 Бирақ, ѳзин исениўши туўысқаныңызбан деп атап турып, бузық, нєпсиқаў, бутпараз, жалахор, мєскүнем ямаса тонаўшы болған адам менен қатнас жасамаўыңызды, ҳєтте, сондай адам менен бирге аўқат та жемеўиңизди жазған едим. 12 Исениўшилер жємєєтиниң сыртындағы адамларды ҳүким қылыў мениң жумысым емес. Сизлер исениўшилер жємєєтиниң ишиндеги адамларды ҳүким қылыўыңыз керек. 13 Ал исениўшилер жємєєтиниң сыртындағы адамларды Кудайдың Ѳзи ҳүким қылады. Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Жаман адамды араңыздан қуўып шығарыңлар».
1 Сизлердиң араңыздағы бириңиздиң биреўге даўы болса, исениўшилер алдында емес, ал судтағы исенбейтуғын адамлар алдында даўласыўға қалай батылы барады? 2 Келешекте биз исениўшилердиң дүньяны ҳүким ететуғынын билмейсизлер ме? Егер сизлер дүньяны ҳүким ететуғын болсаңыз, кишкене даўларды шешиў қолыңыздан келмегени ме? 3 Бизлер, ҳєтте, периштелерди де ҳүким етемиз. Солай екен, турмыс ислерин ҳүким ете алыўымыз да сѳзсиз-ғо. 4 Солай болса да, турмыс ислерине байланыслы даўлар пайда болғанда, сизлер исениўшилер жємєєтинде ҳеш қандай абырайға ийе болмаған судтағы исенбейтуғын адамларды тѳреши қыласызлар ма? 5 Буларды сизлерди уялтыў ушын айтып атырман. Исениўши туўысқанларының арасындағы даўларды шешетуғын араңызда бирде бир ақыллы адам жоқ болғаны ма? 6 Бирақ туўысқан туўысқанға қарсы даўласады, оның үстине исенбейтуғынлар алдында даўласады! 7 Негизинде, бир-бириңизге қарсы даўыңыздың болыўының ѳзи сизлер ушын қатты уят нєрсе. Оннан гѳре, наҳақлыққа шыдағаныңыз жақсырақ болмас па еди? Тоналғаныңыз жақсырақ болмас па еди? 8 Сизлер оның орнына ѳзлериңиз наҳақлық ислеп, биреўди тонап атырсыз. Ол да болса, ѳзиңиздиң туўысқаныңыз. 9 Наҳақлардың Кудайдың Патшалығын мийрас етип алмайтуғынын билмейсизлер ме? Алданбаңлар! Бузықшылық ислеўшилер, бутпаразлар, неке ҳадаллығын бузыўшылар, еркек пенен жынысый қатнас жасайтуғын еркеклер, 10 урылар, нєпсиқаўлар, мєскүнемлер, жалахорлар ҳєм тонаўшылар Кудайдың Патшалығын мийрас етип алмайды. 11 Араңыздағы айырымларыңыз усындай адамлар еди. Бирақ, сизлер Ийемиз Ийса Масихтың аты менен ҳєм Кудайымыздың Руўхы менен тазаландыңыз, мухаддес болдыңыз ҳєм ақландыңыз. 12 Сизлер: «Не ислесем де ериклимен» дейсизлер, бирақ ҳємме нєрсе де пайдалы емес. Дурыс, «Мен не ислесем де ериклимен», бирақ ҳеш бир нєрсе де мени қул қылмаўы керек. 13 «Аўқат қарын ушын, ал қарын аўқат ушын жаратылған», – дейсизлер. Деген менен, Кудай екеўин де жоқ қылады. Бирақ, дене бузықшылық ушын емес, ал Ийемиз ушын жаратылған. Ийемиз де денемизге ғамхорлық қылады. 14 Кудай Ийемизди ѳлимнен тирилтти. Сол сыяқлы, Ол бизлердиң денемизди де Ѳз қүдирети менен тирилтеди. 15 Денелериңиздиң Масихтың мүшелери екенлигин билмейсизлер ме? Масихтың мүшелерин алып, бузық ҳаялдың мүшелери қылыўға бола ма? Ҳеш қашан! 16 Бузық ҳаял менен қосылған адам оның менен бир дене болатуғынын билмейсизлер ме? Себеби Мухаддес Жазыўда: «Екеўи бир дене болады», – делинген-ғо. 17 Бирақ, Ийемиз бенен қосылған адам Оның менен бир руўх болады. 18 Бузықшылықтан аўлақ болыңлар! Адамның ислейтуғын басқа барлық гүналары денесиниң сыртында исленеди. Ал бузықшылық ислеген адам ѳз денесине қарсы гүна ислейди. 19 Денеңиздиң ѳзлериңиз Кудайдан алған ҳєм сизлерде жасап атырған Мухаддес Руўхтың ибадатханасы екенлигин билмейсизлер ме? Сизлер ѳзиңизге тийисли емессиз. 20 Ѳйткени Кудай бийбаҳа тѳлем тѳлеп, сизлерди сатып алды. Сонлықтан да, ѳз денеңиз бенен Кудайды алғыслаңлар.
1 Енди сизлер жазған нєрселерге келсек: дурыс, ер адамның ҳаял менен жақынласпағаны жақсы. 2 Бирақ, бузықшылыққа жол қоймаў ушын, ҳєр бир ер адамның ѳз ҳаялы ҳєм ҳєр бир ҳаялдың ѳз күйеўи болсын. 3 Ер адам ѳз ҳаялына деген, ҳаял да ѳз күйеўине деген ерли-зайыплылық ўазыйпасын орынласын. 4 Себеби ҳаялдың денеси үстинен ҳаялдың ѳзи емес, ал күйеўи бийлик етеди. Сол сыяқлы, ер адамның денеси үстинен де ер адамның ѳзи емес, ал ҳаялы бийлик етеди. 5 Ерли-зайыплылық ўазыйпасын орынлаўда бир-бириңизден бас тартпаңлар. Тек ѳз ара келискеннен соң, ѳзлериңизди дуўа етиўге толық бағышлаў ушын ғана ўақытша бѳлек болыңлар. Ѳзиңизди тыя алмағаныңыздан шайтан пайдаланып, сизлерди азғырмаўы ушын кейин жєне бирге болыңлар. 6 Буны бир буйрық сыпатында емес, ал рухсат сыпатында айтып атырман. 7 Барлық адамлардың мен сыяқлы жалғыз жасаўын қєлеймен. Бирақ, ҳєр бир адамның Кудайдан алған сыйы бар: биреўлер хожалық болып некеде жасайды, екиншилер некесиз жалғыз жасайды. 8 Үйленбегенлер менен турмысқа шықпағанларға ҳєм жесир ҳаялларға айтатуғыным: мен сыяқлы жалғыз жасаса, ѳзлери ушын жақсы болады. 9 Бирақ, ѳзлерин тыя алмайтуғын болса, үйленсин ямаса турмысқа шықсын. Ѳйткени жынысый қєлеўлер себепли күйип-жанғаннан гѳре, үйленгени ямаса турмысқа шыққаны жақсырақ. 10 Ал некеде болғанларға мен мынаны буйыраман, анығырағы мен емес, Ийемиз солай буйырған: ҳаял адам күйеўи менен ажыраспасын. 11 Егер ажырасса, я күйеўсиз қалсын, я ѳз күйеўи менен жарассын. Ер адам да ҳаялы менен ажыраспасын. 12 Ал қалғанларға Ийемиз емес, мен былай деймен: егер бир туўысқанымыздың ҳаялы исениўши болмаса, бирақ оның менен жасаўға ыразы болса, ол ҳаялы менен ажыраспасын. 13 Бир исениўши ҳаялдың да күйеўи исениўши болмаса, бирақ күйеўи оның менен жасаўға ыразы болса, ҳаял күйеўи менен ажыраспасын. 14 Себеби исенбейтуғын күйеў ҳаялы себепли, исенбейтуғын ҳаял да исениўши күйеўи себепли, Кудайдың панасында болады. Олай болмағанда, балаларыңыз қудайсыз болар еди, бирақ енди олар Кудайдың панасында. 15 Бирақ, егер исенбейтуғын адам ажырасқысы келсе, ажырассын. Ер ямаса ҳаял туўысқанымыз бундай жағдайда азат болады. Кудай сизлерди тынышлықта жасаўға шақырды. 16 Ҳєй ҳаял, сен арқалы күйеўиң де қутқарылыўы мүмкин екенлигин билесең-ғо. Ҳєй еркек, сен арқалы ҳаялың да қутқарылыўы мүмкин екенлигин билесең-ғо. 17 Ҳєр бир адам Ийемиздиң ол ушын белгилеген жағдайына бойсынып, Кудай оны қандай жағдайда шақырған болса, сондай болып қалсын. Буны барлық исениўши жємєєтлерге буйыраман. 18 Егер ким де ким сүннетли болып шақырылса, буны жасырмасын. Ким де ким сүннетсиз болып шақырылса, сүннет етилмесин. 19 Сүннетли болыў ямаса болмаў єҳмийетли емес. Ал єҳмийетлиси – Кудайдың буйрықларын орынлаў. 20 Ким қандай жағдайда шақырылған болса, сол жағдайда қалсын. 21 Кул болып шақырылдың ба? Капа болма. Бирақ, азат болыўға мүмкиншилик туўылса, оннан пайдалан! 22 Ийемиз шақырған ўақытта қул болған адам енди Ийемизге тийисли азат адам болады. Сол сыяқлы, азат болып шақырылған адам да Масихтың қулы болады. 23 Кудай бийбаҳа тѳлем тѳлеп, сизлерди сатып алды, сонлықтан адамлардың қулы болмаңлар. 24 Туўысқанларым, ким қандай жағдайда шақырылған болса, Кудай алдында сол жағдайда қалсын. 25 Енди қызларға келсек, Ийемизден оларға байланыслы буйрық алғаным жоқ. Бирақ, Ийемиздиң мийрим-шєпєєтин алған исенимли адам сыпатында мен ѳз пикиримди айтаман. 26 Мениң ойым бойынша, ҳєзирги қыйыншылықларға байланыслы, адам сол ҳалында қала бергени жақсы. 27 Бир ҳаялға басың байланған ба? Онда ажырасыўға умтылма. Ҳаялсызсаң ба? Онда ѳзиңе ҳаял излеме. 28 Деген менен, егер үйленсең де гүна ислемейсең. Егер қыз да турмысқа шықса, гүна ислеген болмайды. Бирақ, турмыс қурғанлар ѳмирде қыйыншылық кѳреди. Мен сизлерди усы қыйыншылықлардан сақлаўды қєлеймен. 29 Туўысқанларым, сизлерге мынаны айтыўды қєлеймен: ўақыт қысқа. Буннан былай, ҳаялы болғанлар ҳаялы жоқтай болсын. 30 Жылап атырғанлар жыламайтуғындай, қуўанып атырғанлар қуўанбайтуғындай, сатып алып атырғанлар ийелик етпейтуғындай, 31 дүньядағы затларды пайдаланып атырғанлар пайдаланбайтуғындай болсын. Ѳйткени бул дүнья ѳткинши. 32 Мен сизлердиң ғам-тєшиўишсиз болғаныңызды қєлеймен. Үйленбеген еркек Ийемизге қалай жағынсам екен деп, Ийемиздиң ислери ҳаққында ойлайды. 33 Бирақ, үйленген еркек ҳаялыма қалай жағынсам екен деп, дүньяның ислери ҳаққында ойлайды. 34 Сол себептен ол алағада болып жүреди. Күйеўсиз ҳаял ямаса турмысқа шықпаған қыз денеси менен ҳєм руўхый жақтан мухаддес болыў ушын, Ийемиздиң ислери ҳаққында ойлайды. Бирақ, турмысқа шыққан ҳаял күйеўиме қалай жағынсам екен деп, дүньяның ислери ҳаққында ойлайды. 35 Мен буны мойныңызға буғаў салыў ушын емес, ал сизлердиң пайдаңыз ушын айтып атырман. Сизлердиң ҳеш нєрсеге алаң болмай, Ийемизге ѳзлериңизди толық бағышлаўыңызды ҳєм ылайықлы түрде жасаўыңызды қєлеймен. 36 Егер ким де ким ѳз қызының турмысқа шықпағанын уят деп санаса, қызының жасы да ѳтип, турмысқа шығатуғын ўақты келген болса, ол адам қєлегенин ислесин. Кызын күйеўге берсе де, гүна ислеген болмайды. 37 Бирақ сол адам қызын күйеўге бермеўге қарар етсе ҳєм усы нийетинде беккем турып, буны мєжбүрий түрде емес, ал ѳз ерки бойынша ислесе, жақсы қылған болады. 38 Солай етип, қызын күйеўге берген адам жақсы қылған болады, ал күйеўге бермеген адам оннан да жақсырақ қылған болады. 39 Ҳаял күйеўи тири ўақтында басы байлаўлы болады. Күйеўи ѳлсе, ҳаял қєлеген адамына турмысқа шығыўға ерки бар. Тек ол адам Ийемизге тийисли болсын. 40 Бирақ, ҳаял жесир болып қала берсе бахытлырақ болады. Бул мениң пикирим ҳєм менде де Кудайдың Руўхы бар деп ойлайман.
1 Енди бутларға берилген қурбанлықтың гѳшине тоқтайық. Дурыс, ҳєммемиз де билимли екенлигимизди билемиз. Деген менен, билим адамды менмен қылады, ал сүйиспеншилик адамды жигерлендиреди. 2 Адам бир нєрсени билемен деп ойласа, ол еле билиўи керек нєрсени билмегени болады. 3 Бирақ, Кудайды сүйген адамды Кудай биледи. 4 Ал, бутларға берилген қурбанлық гѳшин жеўге келсек, хабарымыз бар, бут дүньяда негизинде ҳеш қандай єҳмийетке ийе емес ҳєм жалғыз Кудайдан басқа қудай жоқ. 5 Адамлардың ойы бойынша жерде де, аспанда да «қудай» деп аталатуғынлар бар. Олар шынында да, кѳп «қудайлар» ҳєм «ийелер» бар деп есаплайды. 6 Бирақ, бизлер ушын тек жалғыз ғана Кудай Єкемиз бар. Ол ҳємме нєрсениң тийкары ҳєм бизлер Ол ушын жасап атырмыз. Жєне де, бизлердиң тек жалғыз ғана Ийемиз – Ийса Масих бар. Ҳємме нєрсе Ол арқалы жаратылған, бизлер де Ол себепли жасап атырмыз. 7 Деген менен, исениўшилердиң ҳєммеси де усындай билимге ийе емес. Олардың айырымлары бул гѳшти жегенде, ѳзлериниң бурынғы бутпаразлық єдети бойынша, елеге дейин оны бутқа берилген қурбанлықтың гѳши деп есаплайды. Сонлықтан олардың ҳүжданы қыйналып, ѳзлерин ипласландық деп ойлайды. 8 Аўқат бизлерди Кудайға жақынластырмайды: бизлер жемесек те, ҳеш нєрсе жойтпаймыз, жесек те, ҳеш нєрсе арттырмаймыз. 9 Бирақ, абайлы болыңлар, бул азатлығыңыз исеними ҳєлсизлердиң азғырылыўына себеп болмасын. 10 Егер исеними ҳєлсиз болған адам алдында айтылған билимге ийе болған сениң буттың ибадатханасында аўқат жеп отырғаныңды кѳрсе, оның да бутларға берилген қурбанлықтың гѳшин жеўге қєлеўи туўылмай ма? 11 Солай етип, сениң билимиң себепли, бул исеними ҳєлсиз туўысқаның набыт болады. Бирақ, Масих ол ушын да қурбан болған-ғо. 12 Сизлер усы тєризде туўысқанларыңызға қарсы гүна ислеўиңиз арқалы ҳєм олардың қыйналып атырған ҳүжданын азапқа түсириўиңиз арқалы Масихқа қарсы гүна ислеген боласызлар. 13 Сонлықтан мениң жеп атырған нєрсем туўысқанымның азғырылыўына себеп болатуғын болса, мен туўысқанымды азғырмаў ушын, ҳеш қашан гѳш жемеймен.
1 Мен азат адам емеспен бе? Мен елши емеспен бе? Мен Ийемиз Ийсаны кѳрмедим бе? Мениң Ийемиз ушын ислеген мийнетимниң жемиси сизлер емессиз бе? 2 Мени басқалар елши деп санамаса да, сизлер мени елши деп санаўыңыз тийис! Ѳйткени сизлер – мениң Ийемиздиң елшиси екенлигимниң дєлилисизлер. 3 Мени сынға алып атырғанлардан ѳзимди былай қорғайман: 4 сизлерге қылған хызметимиз ушын, сизлердиң есабыңыздан ишип-жеўимизге ҳақымыз бар-ғо. 5 Басқа елшилер сыяқлы, Ийемиздиң туўысқанлары ҳєм Кифа сыяқлы, бизлер де қасымызға исениўши ҳаялымызды ертип жүриўге ҳақымыз бар-ғо. 6 Басқа елшилер сыяқлы, мен ҳєм Барнаба да күн кѳриў ушын мийнет етпеў ҳуқықына ийемиз-ғо. 7 Ким ѳз есабынан єскерлик қылады? Ким бағ отырғызып, мийўесин жемейди? Ким сүриўди бағып, сүриўдеги малдың сүтинен ишпейди? 8 Мен буларды тек адамлардың пикири бойынша айтып атырған жоқпан. Муўсаның Нызамында да анық усылар ҳаққында айтылған жоқ па? 9 Онда: «Түйек айдаған ѳгиздиң аўзын буўма», – деп жазылған-ғо. Кудай тек ѳгизлерди қайғырады ма? 10 Кудайдың хызметкерлери болған бизлер ушын айтып атырған жоқ па? Аўа, єлбетте, бул бизлер ушын жазылған-ғо. Мысалы: жерди сүрген адам да, түйек айдаған адам да ѳз үлесин алыўдан үмит етип, мийнет ислейди. 11 Араңызда руўхый туқым егип, сизлерден дүньяға тийисли затларды орып алғанымыз орынсыз ба? 12 Басқалар сизлерден усы затларды алыў ҳуқықына ийе болса, бизлер олардан да кѳбирек ҳуқыққа ийемиз-ғо. Бирақ, бизлер усы ҳуқықымыздан пайдаланған жоқпыз. Масихтың Хош Хабарына тосқынлық жасамайық деп, бизлер ҳємме нєрсеге шыдап атырмыз. 13 Хабарыңыз бар, Ибадатханада хызмет ететуғынлар Ибадатханадан аўқат алып жейди. Сизлерге мєлим, қурбанлық шалынатуғын орын єтирапында хызмет ететуғынлар да қурбан етилген нєрселерден ѳз үлесин алады. 14 Сол сыяқлы, Ийемиз де Хош Хабарды жєриялаўшылар усы хызмети арқалы күн кѳрсин деп буйырған. 15 Бирақ, мен бул ҳуқықларымды ҳеш қашан қолланған емеспен. Маған усындай қылынсын, деп те жазып атырған жоқпан. Бундай ислегенимнен гѳре, ѳлгеним абзалырақ. Мени усы мақтанышымнан айырыўға ҳеш кимге жол қоймайман! 16 Деген менен, Хош Хабарды жєриялап атырғаным себепли мақтаныўға ҳақым жоқ. Себеби бул – мениң миннетли ўазыйпам. Хош Хабарды жєрияламасам, мен ҳєсирет шегемен! 17 Егер мен Хош Хабарды ѳз ықтыярым менен жєриялап атырған болсам, онда мийнетимниң ҳақысын аламан. Бирақ егер мен оны ѳз ықтыярым менен емес, ал исенип тапсырылған миннетли ўазыйпам сыпатында орынлап атырған болсам, 18 онда мениң мийнет ҳақым қандай болады? Хош Хабарды жєриялағанымда ҳуқықларымнан пайдаланбай, оны ешейин жєриялаўым – мениң мийнет ҳақым болады. 19 Мен азат адамман, ҳеш кимниң қулы емеспен. Бирақ, кѳп адамларды Масихқа алып келиў ушын, ҳєммениң қулы болдым. 20 Яҳудийлерди Масихқа алып келиў ушын, мен яҳудийлерге яҳудий сыяқлы болдым. Муўсаның Нызамының қол астында болғанларды Масихқа алып келиў ушын, ѳзим Муўсаның Нызамының қол астында болмасам да, мен оларға Муўсаның Нызамының қол астындағы адам сыяқлы болдым. 21 Муўсаның Нызамына жат болған басқа миллетлерди Масихқа алып келиў ушын, мен оларға Муўсаның Нызамына жат адамдай болдым. Бирақ, мен Кудайдың Нызамына жат адам емеспен, ѳйткени мен Масихтың Нызамының қол астындаман. 22 Исеними күшсизлердиң Масих пенен байланысын беккем қылыў ушын, мен олардың бири сыяқлы болдым. Ҳеш болмаса айырым адамларды болса да қутқарыў ушын, мен ҳєммеге ҳємме нєрсе болдым. 23 Хош Хабар арқалы келетуғын берекеттен үлес алайын деп, мен булардың ҳєммесин Хош Хабар ушын ислеп атырман. 24 Жарысқа қатнасатуғынлардың ҳєммеси жуўырғаны менен, тек бир адам ғана сыйлық алатуғынын билмейсизлер ме? Сизлер де сыйлық алыўыңыз ушын солай жуўырыңлар. 25 Жарысқа қатнасатуғынлардың ҳєммеси ѳзлерин барлық нєрседен тыяды. Олар буны ѳткинши тажды алыў ушын ислейди. Ал бизлер мєңгилик тажды алыў ушын ҳєрекет етемиз. 26 Сонлықтан мен мақсетсиз жуўырған адам сыяқлы жуўырмайман. Жудырығымды бийкарға силтеп, ҳаўаны урған адам сыяқлы болмайман. 27 Ал, басқаларға Хош Хабарды жєриялап, ѳзим ылайықсыз адам болып қалмаўым ушын, ѳзимди тыйып, денемди бағындырып атырман.
1 Туўысқанларым! Сизлердиң мынадан хабарсыз қалыўыңызды қєлемеймен: Кудай бизлердиң, яғный яҳудийлердиң ата-бабаларының ҳєммесин булттың жетелеўи менен жүргизип, олардың барлығын теңизден кешип ѳткизди. 2 Олардың ҳєммеси булт астында ҳєм теңизде суўға шомылдырыў рєсиминен ѳткендей болып, Муўсаның изине ериўшилер болды. 3 Ҳєммеси Кудай кєраматлы жол менен берген бирдей аўқатты жеди. 4 Жєне де, олардың ҳєммеси Кудай кєраматлы жол менен берген бирдей суўды ишти. Себеби олар ѳзлери менен бирге болған кєраматлы жартастан суў ишкен еди. Бул жар тас – Масих еди. 5 Деген менен, олардың кѳбисине Кудайдың кеўли толмағанлықтан, сүйеклери шѳлде қалды. 6 Израиллылар сыяқлы жаман нєрселерди қєлемесин деп, бул ўақыялар бизлерге сабақ болыўы ушын жүз берди. 7 Олардың айырымлары сыяқлы бутпараз болмаңлар. Ѳйткени Мухаддес Жазыўда былай деп айтылған: «Халық ишип-жеў ушын отырды, соңынан орынларынан турып, бутпаразлық ойынына түсти». 8 Олардың айырымлары сыяқлы бузықшылық ислемейик. Усылай ислеп, бир күнниң ишинде жигирма үш мың адам набыт болды. 9 Олардың базылары сыяқлы Ийемизди сынамайық. Усылай ислегенлерди жылан шағып ѳлтирген еди. 10 Олардың айырымлары сыяқлы налымаңлар. Усылай ислегенлерди набыт қылыўшы периште ѳлтирген еди. 11 Олардың басынан кешкен бул ўақыялар басқаларға сабақ болыўы ушын жүз берди ҳєм соңғы заманларда жасап атырған бизлерге ескертиў болыўы ушын жазылды. 12 Сонлықтан исенимде беккем турман деп есаплайтуғын адам усындай гүналарды ислеўден сақ болсын! 13 Сизлердиң басыңызға ҳємме адамлардың басына түсетуғын сынақлардан басқа сынақлар түскен жоқ. Кудай садық, Ол күшиңизден артық сынақларға түсиўиңизге жол қоймайды. Сынақларға шыдаўыңыз ушын, Ол сынақлар менен бирликте олардан шығыў жолын да береди. 14 Сонлықтан сүйикли туўысқанларым, бутпаразлықтан қашыңлар! 15 Мен сизлерге ақыллы адамларға сѳйлегендей, сѳйлеп атырман. Сѳзлеримди ѳзлериңиз ақылға салып кѳриңлер. 16 Ийемизди еслеў кешесинде бизлер шүкирлик билдирип ишетуғын жарылқаў кесеси арқалы Масихтың қанына шериклес болмаймыз ба? Сындырып жеген нанымыз арқалы да Масихтың денесине шериклес болмаймыз ба? 17 Нан бир болғанлықтан, бизлер кѳп болсақ та, бир денемиз. Себеби ҳєммемиз бир нанды бѳлисемиз. 18 Израил халқына қараңлар: қурбанлыққа берилгенлерди жеген адамлар қурбанлық шалынатуғын орындағы хызметке шериклес болмай ма? 19 Енди мен не демекшимен? Бутқа шалынған қурбанлық айрықша ма? Буттың қандай да бир єҳмийети бар ма? 20 Яқ, олай емес! Мениң айтатуғыным мынаў: бутқа табыныўшылар қурбанлықларын Кудайға емес, ал жинлерге береди. Мен сизлердиң жинлерге шериклес болыўыңызды қєлемеймен. 21 Сизлер ҳєм Ийемиздиң кесесинен, ҳєм жинлердиң кесесинен ише алмайсызлар. Жєне де, ҳєм Ийемиздиң дастурханына, ҳєм жинлердиң дастурханына шерик бола алмайсызлар. 22 Ийемизди қызғандырыўға қалай батылымыз барады? Бизлер не, Оннан күшлимиз бе? 23 Сизлер: «Не ислесем де ерклимен» дейсизлер, бирақ ҳємме нєрсе де пайдалы емес. «Не ислесем де ерклимен», – дейсизлер, бирақ ҳємме нєрсе де исенимди жетилистирмейди. 24 Ҳєр бир адам ѳзиниң емес, ал басқалардың пайдасын гѳзлесин. 25 Ҳүжданыңыздың тыныш болыўы ушын, базарда сатылатуғын ҳєр қандай гѳштиң қандай гѳш екенин сорамастан жеңлер. 26 Ѳйткени: «Жер жүзи ҳєм жер жүзиндеги пүткил барлық Ийемизге тийисли». 27 Егер исениўши емес бир адам сени аўқатқа шақырса ҳєм сен де барыўды қєлесең, ҳүжданыңның тыныш болыўы ушын, алдыңа қойылған ҳєр бир нєрсени сорамастан же. 28 Бирақ, биреў саған: «Бул бутқа берилген қурбанлықтың гѳши» десе, айтқан адамның ҳүрмети ушын ҳєм оның ҳүжданы ушын аўқатты жеме. 29 Мен ҳүждан деп, сениң емес, ал басқа адамның ҳүжданын нєзерде тутып атырман. Себеби неге мениң азатлығымды басқа биреўдиң ҳүжданы ҳүким етиўи керек? 30 Егер мен аўқатты шүкирлик пенен қабыл етсем, мен неге шүкирлик етип жеген аўқатым себепли айыпланыўым керек? 31 Солай етип, жесеңиз де, ишсеңиз де, не нєрсени ислесеңиз де, ҳємме нєрсени Кудайдың даңққа бѳлениўи ушын ислеңлер. 32 Яҳудийлердиң де, греклердиң де, Кудайдың жємєєтлериниң де азғырылыўына себеп болмаңлар. 33 Мен де ѳзимниң пайдамды емес, ал кѳплердиң қутқарылыўы ушын олардың пайдасын гѳзлеп, ҳєр бир исте ҳєр бир адамның кеўлинен шығыўға тырысып атырман.
1 Мениң Масихтан ѳрнек алғаным сыяқлы, сизлер де меннен ѳрнек алыңлар. 2 Мени ҳєр бир исте ядыңызға түсирип, мен сизлерге үйреткен дєстүрлер бойынша ис тутып атырғаныңыз ушын сизлерди мақтайман. 3 Бирақ, мен мына нєрсени де билиўиңизди қєлеймен: ҳєр бир ер адамның басы Масих, ҳаялдың басы күйеўи, ал Масихтың басы Кудай. 4 Жємєєт жыйналысында басын жаўып дуўа еткен ямаса пайғамбаршылық қылған ҳєр бир ер адам ѳз басын бийабырай қылады. 5 Ал, басын жаўмай дуўа еткен ямаса пайғамбаршылық қылған ҳєр бир ҳаял ѳз басын бийабырай қылады. Бундай ҳаялдың шашын алдырып таслаған ҳаялдан парқы болмайды. 6 Егер ҳаял басын жапқысы келмесе, шашын кестиргени жақсы. Бирақ, ҳаял шашын кестириўди ямаса алдырыўды айып деп билсе, басын жабыўы керек. 7 Ер адам басын жаппасын. Ѳйткени ер адам Кудайға усатып жаратылған ҳєм Оның даңқын кѳрсетеди. Ал ҳаял ер адамның даңқын кѳрсетеди. 8 Себеби ер адам ҳаялдан емес, ал ҳаял ер адамнан жаратылды. 9 Ер адам ҳаял ушын емес, ал ҳаял ер адам ушын жаратылды. 10 Сонлықтан ҳєм периштелер себепли, ҳаял ѳзиниң бийлик астында екенин кѳрсетиў ушын басын жабыўы керек. 11 Деген менен, Ийемизге тийисли адамлардың ѳмиринде ҳаял ер адамнан, ер адам ҳаялдан ғєрезли. 12 Ѳйткени ҳаял ер адамнан жаратылғаны сыяқлы, ер адам да ҳаялдан туўылады. Бирақ, ҳєммесин Кудай жаратқан. 13 Ѳзлериңиз ақыл жуўыртып кѳриңлер: ҳаялдың Кудайға басын жаппай дуўа етиўи єдепке жата ма? 14 Мєдениятыңыздың ѳзи узын шаш ер адам ушын уят екенин, 15 бирақ ҳаял ушын абырай екенин үйретпей ме? Себеби узын шаш ҳаялға жаўлық сыпатында берилген. 16 Бул ҳаққында тартысыўды қєлейтуғын адам бар болса, ол билсин, бизлерде де, Кудайдың жємєєтлеринде де буннан басқа єдет жоқ. 17 Енди мына жол-жорықты берип атырып, сизлерди мақтамайман: ѳйткени жыйналысларыңыздың пайдасынан гѳре, зыяны кѳп. 18 Бириншиден, жємєєтте жыйналғаныңызда араңызда бѳлиниўлер бар екенин еситип атырман. Буған жарым-жарты болса да исенемен. 19 Себеби, єлбетте, дурыс пикир жүргизиўшилер анықланыўы ушын, араңызда ҳєр түрли пикир жүргизиўши топарлар болыўы тийис. 20 Сизлер бѳлинип турып, Ийемизди еслеў кешесин ѳткизиў ушын бирге жыйналсаңыз, бул шын мєнисиндеги Ийемизди еслеў кешеси болмайды. 21 Ѳйткени ҳєр ким ѳзиниң аўқатын басқалардан бурын жеўге асыққанлықтан, биреў аш қалады, биреў мєс болады. 22 Сизлердиң ишип-жеўиңиз ушын үйлериңиз жоқ па? Кудайдың жємєєтин писент етпей, жоқшылықта жасайтуғынларды уялтқыңыз келе ме? Сизлерге не деймен? Сизлерди мақтайын ба? Яқ, бул ушын мақтамайман! 23 Сизлерге тапсырған мына жол-жорығымды мен Ийемизден алдым: қолға услап берилетуғын күни түнде Ийемиз Ийса қолына нанды алды да, 24 шүкирлик билдирди ҳєм нанды сындырып, былай деди: «Бул – сизлер ушын қурбан болатуғын Мениң денем. Мени еслеп турыўыңыз ушын, усылай ислеп турыңлар». 25 Сол сыяқлы, кешки аўқаттан соң кесени алып былай деди: «Бул кесе – Мениң қаным менен бекитилетуғын Жаңа Келисим. Оны ҳєр ишкениңизде Мени еслеп турыўыңыз ушын, усылай ислеп турыңлар». 26 Себеби бул наннан ҳєр жегениңизде ҳєм бул кеседен ҳєр ишкениңизде, Ийемиз қайта келиўге дейин Оның ѳлими ҳаққында жєриялаған боласызлар. 27 Сонлықтан ким де ким ылайықсыз түрде Ийемиздиң бул нанын жеп, кесесинен ишсе, Ийемиздиң денесине ҳєм Оның қанына қарсы гүна ислеген болады. 28 Ҳєр бир адам ѳзин тексерип кѳрсин, соңынан нанды жеп, кеседен ишсин. 29 Ѳйткени ким де ким Ийемиздиң денесин писент етпей, ылайықсыз түрде нанды жеп, кеседен ишсе, ѳз-ѳзин Кудайдың ҳүкимине дуўшар қылған болады. 30 Сол себептен араңыздағы кѳплериңиз ҳєлсиз ҳєм аўырыўсыз, ѳлип қалған адамлар да кѳп болды. 31 Егер бизлер ѳз-ѳзимизди тексерип кѳргенимизде, Кудай тєрепинен ҳүким етилмеген болар едик. 32 Бирақ, дүнья менен бирге ҳүким етилмеўимиз ушын, Ийемиз бизлерди жазалап, тєрбиялайды. 33 Солай етип, туўысқанларым, Ийемизди еслеў кешесин ѳткизиў ушын жыйналғаныңызда, бир-бириңизди күтиңлер. 34 Егер ким де ким аш болса, үйинде аўқатланып келсин. Сонда жыйналысыңыз Кудайдың ҳүкимине ушырамайды. Басқа мєселелерге келсек, олар бойынша ѳзим барғанымда жол-жорық беремен.
1 Енди руўхый сыйларға келсек, туўысқанларым, сизлердиң бул ҳаққында хабарсыз қалыўыңызды қєлемеймен. 2 Сизлерге мєлим, бутпараз болған ўақтыңызда биреў мойныңызға жип салып сүйрегендей болып, тилсиз бутларға табынатуғын едиңлер. 3 Сонлықтан мына нєрсени билиўиңизди қєлеймен: Кудайдың Руўхының басқарыўында сѳйлейтуғын ҳеш бир адам: «Ийсаға нєлет жаўсын», – деп айтпайды. Жєне де, тек Мухаддес Руўх басқаратуғын адам ғана: «Ийса – мениң Ийем», – деп айта алады. 4 Ҳєр қыйлы руўхый сыйлар бар, бирақ оларды беретуғын Мухаддес Руўх биреў. 5 Ҳєр түрли хызметлер бар, бирақ бизлер хызмет ететуғын Ийемиз жалғыз. 6 Ҳєр қыйлы ис-ҳєрекетлер бар, бирақ барлық исениўши адамлардың ҳєр бир исинде ҳєрекет етиўши Кудай жалғыз. 7 Пүткил исениўшилер жємєєтиниң пайдасы ушын, Мухаддес Руўх ҳєр бир исениўшиге Ѳз сыйын береди. 8 Мухаддес Руўх биреўге ақыл-даналық сѳзлерин, биреўге билим сѳзлерин, 9 сол Мухаддес Руўх биреўге айрықша исеним, биреўге аўырыўларға шыпа бериў сыйын, 10 биреўге кєраматлар кѳрсетиў күшин береди. Жєне де, сол Мухаддес Руўх биреўге пайғамбаршылық айтыў, биреўге руўхларды айырып билиў, биреўге басқа тиллерде сѳйлеў, биреўге басқа тиллерди түсиндириў сыйын береди. 11 Булардың ҳєммесин иске асырыўшы бир ҳєм анық сол Мухаддес Руўх. Мухаддес Руўх бул сыйларды Ѳз қєлеўи бойынша ҳєр кимге бѳлип береди. 12 Адамның денеси биреў болғаны менен, денениң кѳп мүшелери бар ҳєм мүшелер кѳп болса да, олар бир денени қурайды. Масихтың денеси болған исениўшилер жємєєти де сондай. 13 Себеби бизлер ким болыўымызға қарамай, яҳудий болсақ та, грек болсақ та, қул ямаса азат адам болсақ та, ҳєммемиз Масихтың денеси болыўымыз ушын, бир Мухаддес Руўх тєрепинен шомылдырылдық. Кудай бизлердиң ҳєммемизге бир Мухаддес Руўхты берди. 14 Дене бир емес, ал кѳп мүшелерге ийе. 15 Егер аяқ: «Мен қол болмағаным ушын, денеге тийисли емеспен», – десе де, ол денеге тийисли емес болып қалмайды. 16 Егер қулақ: «Кѳз болмағаным ушын, денеге тийисли емеспен», – десе де, ол денеге тийисли емес болып қалмайды. 17 Егер пүткил дене кѳз болса, онда қалай еситиўге болады? Егер пүткил дене қулақ болса, онда қалай ийис сезиўге болады? 18 Сонлықтан Кудай ҳєр бир мүшени денеге Ѳз қєлеўи бойынша жайластырып қойыпты. 19 Егер мүшелердиң ҳєммеси бирдей болғанда, онда дене қаяқта болар еди? 20 Ал ҳақыйқатында, мүшелер кѳп болса да, дене биреў. 21 Кѳз қолға: «Сениң маған керегиң жоқ!» ямаса бас та аяқларға: «Сизлер маған керек емессиз!» – дей алмайды. 22 Керисинше, денениң ҳєлсизирек кѳринген мүшелери анағурлым єҳмийетлирек болады. 23 Денениң итибарсызырақ деп саналған мүшелерине кѳбирек ғамхорлық кѳрсетемиз. Кѳриксиз мүшелеримизге кѳбирек сєн беремиз. 24 Ал кѳрикли мүшелеримиз буған мүтєж емес. Солай етип, Кудай єҳмийетсиз болған мүшелеримизге єҳмийет берип, денемиздиң бирлигин сақлады. 25 Буны Ол денеде бѳлиниў болмасын, ал мүшелер бир-бирине ғамхорлық кѳрсетсин деп иследи. 26 Егер бир мүше азап шексе, пүткил мүшелер бирликте азап шегеди. Бир мүше мєртебеге ериссе, пүткил мүшелер бирликте қуўанады. 27 Солай етип, сизлер бирликте Масихтың денесисиз, ал ҳєр бириңиз ѳз алдыңызға усы денениң мүшелерисиз. 28 Кудай исениўшилер жємєєтинде бириншиден елшилерди, екиншиден пайғамбарларды, үшиншиден муғаллимлерди, соңынан кєрамат кѳрсететуғынларды, аўырыўларға шыпа беретуғын сыйға ийе болғанларды, басқаларға жєрдем бериўшилерди, жақсы шѳлкемлестириўшилерди ҳєм басқа тиллерде сѳйлейтуғынларды тайынлады. 29 Ҳєммеси елши ме? Ҳєммеси пайғамбар ма? Ҳєммеси муғаллим бе? Ҳєммеси кєрамат кѳрсетиўши ме? 30 Ҳєммеси аўырыўларға шыпа беретуғын сыйға ийе ме? Ҳєммеси басқа тиллерде сѳйлей ме? Ҳєммеси басқа тиллерди түсиндире ме? Яқ, олай емес! 31 Бирақ, сизлер уллырақ сыйларды алыўға умтылыңлар. Енди мен сизлерге ең жақсы жолды кѳрсетемен:
1 Егер мен адамлардың ҳєм периштелердиң тиллеринде сѳйлесем де, бирақ сүйиспеншилигим болмаса, онда мениң шыңғырлаған мыстан ҳєм даңғырлаған дєптен парқым болмай қалады. 2 Егер мен пайғамбаршылық қүдиретине ийе болсам, пүткил сырларды билсем ҳєм ҳєр түрли билимге ийе болсам, ҳєтте, таўларды кѳширетуғын күшли исенимим болса да, бирақ сүйиспеншилигим болмаса, онда мен ҳеш нєрсе емеспен. 3 Егер мен пүткил мал-мүлкимди жарлыларға үлестирип берсем, ҳєтте, ѳзимди қурбан етип, денемди отқа жағыўға тапсырсам да, бирақ сүйиспеншилигим болмаса, буннан маған ҳеш қандай пайда жоқ. 4 Сүйиспеншилик сабырлы ҳєм мийримли. Сүйиспеншилик қызғанбайды, мақтанбайды, менменлик қылмайды. 5 Сүйиспеншилик қопаллық ислемейди, ѳз пайдасын гѳзлемейди, тез ашыўланбайды, кек сақламайды. 6 Сүйиспеншилик наҳақлыққа қуўанбайды, ал ҳақыйқатлыққа қуўанады. 7 Сүйиспеншилик ҳємме нєрсени кѳтереди, ҳємме ўақытта исенеди, ҳємме ўақытта үмит етеди, ҳєммесине шыдайды. 8 Сүйиспеншилик ҳеш қашан таўсылып қалмайды. Бирақ, пайғамбаршылықлар жоқ болады, басқа тиллерде сѳйлеў сыйы тоқтап қалады, билим де жоқ болады. 9 Ѳйткени бизлердиң билимимиз де, пайғамбаршылықларымыз да еле толық емес. 10 Бирақ, минсиз болған толық нєрсе келгенде, толық емес нєрсе жоқ болады. 11 Мен бала болған ўақтымда бала сыяқлы сѳйлейтуғын, бала сыяқлы пикир жүргизетуғын ҳєм бала сыяқлы түсинетуғын едим. Ал ересек адам болғанымда, мен балаға тєн қєсийетлерди тасладым. 12 Ҳєзир бизлер ҳєммесин гүңгирт айнада кѳргендей гүмилжи кѳрип турмыз. Бирақ ақырғы ўақыт келгенде, жүзбе-жүз кѳремиз. Ҳєзир мен толық билимге ийе емеспен, бирақ ақырғы ўақыт келгенде, Кудай мени толық билгендей, мен де Оны толық билетуғын боламан. 13 Солай етип, мына үш нєрсе мєңгиге қалады: исеним, үмит ҳєм сүйиспеншилик. Бирақ, булардың ең баслысы – сүйиспеншилик.
1 Сүйиспеншилик пенен жасаўға умтылыңлар ҳєм руўхый сыйларды, єсиресе пайғамбаршылық айтыў сыйын алыўға тырысыңлар. 2 Себеби басқа тилде сѳйлеген адам адамларға емес, ал Кудайға сѳйлейди. Оны ҳеш ким түсинбейди. Ол Мухаддес Руўхтың басқарыўында сырларды айтады. 3 Ал пайғамбаршылық айтқан адам адамларды беккемлеў, жубатыў ҳєм руўхландырыў ушын сѳйлейди. 4 Басқа тилде сѳйлеген адам ѳзин ѳзи беккемлейди. Ал, пайғамбаршылық айтқан адам исениўшилер жємєєтин беккемлейди. 5 Мен сизлердиң ҳєммеңиздиң басқа тиллерде сѳйлеўиңизди қєлеймен. Бирақ оннан гѳре, пайғамбаршылық айтыўыңызды кѳбирек қєлеймен. Басқа тиллер исениўшилер жємєєтиниң беккемлениўи ушын түсиндирилмесе, онда пайғамбаршылық айтыўшы басқа тиллерде сѳйлеген адамнан артығырақ. 6 Солай етип, туўысқанларым, мен сизлерге барып басқа тиллерде сѳйлесем, бирақ сизлерге я Кудайдың аянын, я билим, я пайғамбаршылық сѳзин, я тєлим бермесем, онда мениң сизлерге қандай пайдам тийеди? 7 Сырнай ямаса дуўтар сыяқлы, сес шығаратуғын жансыз нєрселер де анық сес шығармаса, сырнай ямаса дуўтардың не шерткенин ким түсинеди? 8 Егер кєрнай урыстың басланғанын жєриялап, анық сес шығармаса, ким урысқа таярланады? 9 Сол сыяқлы, сизлер де басқа тилде сѳйлеп, түсиниксиз сѳзлерди айтсаңыз, сѳйлеген сѳзиңизди ким түсинеди? Сизлер қуры далаға сѳйлегендей боласызлар-ғо! 10 Дүньяда түрли-түрли тиллер бар ҳєм олардың ҳєр бир сѳзи ѳз мєнисине ийе. 11 Деген менен, егер мен ѳзиме айтылған сѳзди түсинбесем, сѳйлеп турған адам ушын мен жат жерли адам боламан, сѳйлеп турған адам да мен ушын жат жерли адам болады. 12 Сол себептен сизлер руўхый сыйларды алыўға умтылғаныңызда, исениўшилер жємєєтин беккемлейтуғын сыйларды кѳбирек алыўға тырысыңлар. 13 Сонлықтан ким де ким басқа тилде сѳйлейтуғын болса, ол ѳзиниң айтқанларын түсиндире алыўы ушын дуўа етсин. 14 Ѳйткени мен басқа тилде дуўа етсем, руўхым дуўа етеди, бирақ мен буны сана-сезимим менен түсинбеймен. 15 Олай болса, мен не ислеўим керек? Мен руўхым менен де, сана-сезимим менен де дуўа етиўим керек. Руўхым менен алғыс-мақтаў қосығын айтсам, сана-сезимим менен де алғыс-мақтаў қосығын айтыўым керек. 16 Егер сен тек руўхың менен шүкирлик билдирсең, сол жерде турған түсинбейтуғын адам сениң билдирген шүкирлигиңе қалай «аўмийин» дейди? 17 Дурыс, сениң шүкирлик билдиргениң жақсы, бирақ бул арқалы басқа адам руўхый азық алмайды. 18 Кудайға шүкир, мен ҳєммеңизден гѳре, басқа тиллерде кѳбирек сѳйлеймен. 19 Деген менен, исениўшилер жємєєтинде басқа тилде он мың сѳз айтқанымнан гѳре, басқаларға тєлим бериўим ушын түсиникли бес сѳз айтқаным абзалырақ. 20 Туўысқанларым, ақыл-ойыңыз бенен баладай болмаңлар. Жаманлық ислеўде гѳдек сыяқлы, ал ақыл-ойыңыз бенен ересек адам сыяқлы болыңлар. 21 Мухаддес Жазыўда былай делинген: «Ийемиз былай дейди: „Жат тиллерде сѳйлегенлер арқалы, Жат адамлардың аўызлары арқалы бул халыққа сѳйлеймен. Олар сонда да Мени тыңламайды“». 22 Солай етип, басқа тиллерде сѳйлеў исениўшилер ушын емес, ал исенбейтуғын адамлар ушын берилген белги болады. Ал пайғамбаршылық исенбейтуғын адамлар ушын емес, исениўшилер ушын берилген белги болады. 23 Егер пүткил исениўшилер жємєєти бир жерге жыйналып, ҳєммеси бирликте басқа тиллерде сѳйлесе, бул руўхый сыйды түсинбейтуғын ямаса исениўши емес адамлар ишке кирип: «Сизлер ақылдан азыпсыз!» – демей ме? 24 Бирақ, ҳємме пайғамбаршылық қылғанда, исениўши емес ямаса бул руўхый сыйды түсинбейтуғын бир адам ишке кирсе, ҳємме тєрепинен оның гүнасы єшкара етилип, ол ҳємме тєрепинен ҳүким қылынады. 25 Солай етип, оның жүрегиндеги жасырын нєрселер ашылып қалады ҳєм ол жерге жығылып: «Кудай ҳақыйқаттан да, сизлердиң араңызда екен!» – деп Кудайға сыйынады. 26 Туўысқанларым, енди буннан қандай жуўмақ шығарамыз? Сизлер жыйналғаныңызда, бириңиз алғыслаў қосығын айтасыз, бириңиз тєлим бересиз, бириңиз Кудай берген аянды билдиресиз, бириңиз басқа тилде сѳйлейсиз ҳєм жєне бириңиз басқа тилди түсиндиресиз. Булардың ҳєммеси исениўшилер жємєєтиниң беккемлениўи ушын исленсин. 27 Басқа тилде сѳйлегениңизде, еки ямаса ең кѳп дегенде үш адам сѳйлесин, бирақ олар гезек пенен сѳйлесин. Басқа бир адам айтылғанларды түсиндирсин. 28 Егер түсиндиретуғын адам жоқ болса, басқа тилде сѳйлейтуғын адам жємєєтте үндемесин, ал ѳзи жалғыз қалғанда ѳзи ушын Кудайға сѳйлесин. 29 Пайғамбаршылық айтыўшылардың да екеўи ямаса үшеўи сѳйлесин, ал басқалар олардың айтқан сѳзлерин тексерип кѳрсин. 30 Отырған басқа бир адамға сол ўақытта Кудайдан аян берилсе, сѳйлеп турған пайғамбаршылық айтыўшы адам үндемей қалсын. 31 Жємєєттеги ҳєр бир адамды үйретип, ҳєр бир адамға жубаныш бериўиңиз ушын, ҳєммеңиз гезек пенен пайғамбаршылық айтыўыңызға болады. 32 Пайғамбаршылық айтыў сыйы пайғамбаршылық айтыўшы адамлар тєрепинен басқарылады. 33 Себеби Кудай тєртипсизлик Кудайы емес, ал тынышлық Кудайы. Барлық исениўшилердиң жємєєтлеринде болғаны сыяқлы, 34 сизлердиң жємєєтиңизде де ҳаяллар жыйналысларда үндемесин. Олардың сѳйлеўине рухсат етилмеген. Муўсаның Нызамында айтылғандай, олар бойсыныўы керек. 35 Егер олар бир нєрсени үйренбекши болса, үйде күйеўлеринен сорасын. Ѳйткени ҳаялдың жємєєт жыйналысында сѳйлегени айып болады. 36 Кудайдың сѳзи сизлерден шығып, тек жалғыз сизлерге жетип барды ма? 37 Егер ким де ким ѳзин пайғамбар ямаса руўхый жетик адам деп санаса, сизлерге жазып атырған бул сѳзлеримниң Ийемиздиң буйрығы екенин билсин. 38 Ал ким де ким буларды қабыл алмаса, оның ѳзи де қабыл алынбайды. 39 Солай етип, туўысқанларым, пайғамбаршылық айтыўға умтылыңлар. Басқа тиллерде сѳйлеўге тосқынлық жасамаңлар. 40 Бирақ, ҳєммеси де єдеп ҳєм тєртип пенен исленсин.
1 Туўысқанларым, мен сизлерге жєриялаған Хош Хабарды есиңизге түсириўди қєлеймен. Сизлер оны қабыл еттиңлер ҳєм оның тийкарында исенимиңизди беккемлеп атырсызлар. 2 Егер сизлер мен ѳзлериңизге жєриялаған усы Хош Хабарды исеним менен беккем тутсаңыз, ол арқалы қутқарыласыз. Болмаса, бийкарға исенип жүрген боласызлар. 3 Ѳзим алған ең єҳмийетли нєрсени мен сизлерге жеткизген едим. Яғный, Мухаддес Жазыўлар бойынша, Масих бизлердиң гүналарымыз ушын ѳлди. 4 Жєне де, Мухаддес Жазыўлар бойынша, Ол қєбирге қойылды ҳєм үшинши күни ѳлимнен қайта тирилди. 5 Ол Кифаға, кейин он еки шєкиртине кѳринди. 6 Соңынан бир ўақыттың ѳзинде бес жүзден аслам исениўши туўысқанымызға кѳринди. Олардың кѳбиси еле тири, базылары қайтыс болды. 7 Буннан соң, Ол Яқыпқа, кейнинен барлық елшилерге кѳринди. 8 Ал ең соңында шала туўылған балаға мегзес болған маған да кѳринди. 9 Себеби мен елшилер ишиндеги ең арзымағаныман. Кудайдың жємєєтин қуўдалағаным ушын, мен елши деп аталыўға да ылайықлы емеспен. 10 Бирақ, мен ҳєзир ким болған болсам, Кудайдың мийрими менен болдым. Оның маған деген мийрими босқа кетпеди. Мен елшилердиң ҳєммесинен кѳп мийнет еттим. Негизинде мен емес, ал мениң менен бирге болған Кудайдың мийрими мийнет етти. 11 Солай етип, мен болайын ямаса басқа елшилер болсын, бизлер усы нєрсе ҳаққында жєриялаймыз. Сизлер де усыған исендиңиз. 12 Масих ѳлимнен қайта тирилди, деп жєриялап атырған болсақ та, қалай араңыздағы базы адамлар ѳлимнен тирилиў жоқ дейди? 13 Егер ѳлилер тирилмейтуғын болса, онда Масих та тирилмеген болады. 14 Масих тирилмеген болса, онда бизлердиң жєриялағанларымыз да, сизлердиң исенимиңиз де бийкар болады. 15 Ҳєтте, бизлер Кудай ҳаққында жалған гүўалық берген адамлар болып қаламыз. Ѳйткени бизлер Кудай Масихты тирилтти, деп гүўалық берген едик. Егер ѳлилер ҳақыйқаттан да қайта тирилмейтуғын болса, онда Кудай да Масихты тирилтпеген болады. 16 Егер ѳлилер тирилмейтуғын болса, онда Масих та тирилмеген болады. 17 Масих тирилмеген болса, онда сизлердиң исенимиңиз бийкар болады ҳєм сизлер еле гүналарыңыздың бийлиги астында жасап атырған боласызлар. 18 Олай болса, Масихқа тийисли болып дүньядан ѳткен адамлар да набыт болған болады. 19 Егер бизлер тек бул дүньядағы ѳмиримизде ғана Масихтан үмит ететуғын болсақ, онда бизлер ҳємме адамлар ишиндеги ең аянышлы адамлар болғанымыз. 20 Бирақ, Масих ҳақыйқаттан да ѳлимнен қайта тирилди! Ол ѳлилер ишинен биринши болып тирилиўи арқалы ѳлилердиң тирилетуғынын дєлилледи. 21 Бир адам арқалы ѳлим келгени сыяқлы, бир Адам арқалы ѳлимнен тирилиў келди. 22 Яғный, Адам-ата менен қатнасы болған пүткил адамзат ѳлетуғыны сыяқлы, Масих пенен қатнасы болған барлық адамлар тирилип, ѳмирге ериседи. 23 Бирақ, ҳєр бири ѳз гезеги бойынша тириледи: ең алды менен Масих, соңынан Масих қайтып келгенде, Оған тийисли болғанлар тириледи. 24 Буннан кейин, Масих ҳєр бир ҳєкимшиликти, ҳєр бир бийликти ҳєм қүдиретти сапластырып, патшалықты Єкемиз Кудайға тапсырғанда, ақырзаман болады. 25 Себеби Кудай барлық душпанларын Масихтың аяғының астына бастырмағанша, Масих патшалық етиўи тийис. 26 Жоқ қылынатуғын соңғы душпан – ѳлим болады. 27 Ѳйткени Мухаддес Жазыўда: «Кудай барлығын Оның аяқларының астына бастырып, Оған бойсындырды», – делинген. Бирақ, бул «барлығын» деген сѳздиң ишинде барлығын Масихқа бойсындырған Кудай нєзерде тутылмағаны анық. 28 Барлығы Улға бойсынғанда, Ул да барлығын Ѳзине бойсындырған Кудайға бойсынады. Усылай етип, Кудай ҳємме нєрсе үстинен толық бийлик жүргизеди. 29 Егер қайта тирилиў жоқ болса, ѳлилер ушын суўға шомылдырылғанлар не болады? Ѳлилер ҳеш қашан тирилмейтуғын болса, адамлар не себептен ѳлилер ушын суўға шомылдырылады? 30 Жєне де, бизлер не ушын ҳєр саат сайын ѳзимизди қєўип астына қоямыз? 31 Туўысқанларым, сизлердиң Ийемиз Масих Ийса менен болған байланысыңызды мақтаныш етип, ант ишемен: мен ҳєр күни ѳлим менен жүзбе-жүз ушыраспақтаман. 32 Егер адамлардың ойы бойынша ѳлилер тирилмейтуғын болса, Ефестеги жабайы ҳайўанлар сыяқлы болған адамлар менен гүресип, ѳлим қєўпи астында қалғанымның маған қандай пайдасы бар? Егер ѳлилер тирилмейтуғын болса: «Келиңлер, ишип-жеп қалайық, себеби ертең ѳлемиз-ғо!» 33 Усылай пикир жүргизетуғын адамлардан алданып қалмаңлар: жаман дослар жақсы єдетлерден айырады. 34 Есиңизди жыйып, ѳзиңизге келиңлер ҳєм енди қайтып гүна ислемеңлер. Айырымларыңыз Кудайды билмейди. Буларды сизлерди уялтыў ушын айтып атырман. 35 Бирақ, биреў: «Ѳлилер қалай тириледи? Кандай дене менен келеди?» – деп сораўы мүмкин. 36 Не деген ақылсызлық! Сениң еккен туқымың ѳлмесе, кѳгерип шықпайды-ғо. 37 Сен еккениңде, кѳгерип турған ѳсимликти емес, ал тек туқымды, бийдай ямаса басқа бир ѳсимликтиң туқымын егесең. 38 Кудай туқымға Ѳз қєлеўи бойынша дене береди. Туқымлардың ҳєр бирине ѳз алдына бир дене береди. 39 Тири жанлардың денеси бирдей емес. Адамлардың денеси басқа, ҳайўанлардың денеси басқа, қуслардың ҳєм балықлардың денеси басқа болады. 40 Аспан денелери бар, жер денелери де бар. Аспандағы денелердиң сулыўлығы басқа, жердеги денелердиң сулыўлығы басқа. 41 Куяштың сулыўлығы басқа, айдың сулыўлығы басқа, жулдызлардың сулыўлығы басқа. Сулыўлығы бойынша, жулдыз жулдыздан парық қылады. 42 Ѳлилердиң тирилиўи де сондай болады. Ширийтуғын дене кѳмиледи, бирақ ол ширимейтуғын болып тириледи. 43 Дене хорлық пенен кѳмиледи, салтанат пенен тириледи. Ҳєлсиз болып кѳмиледи, күшли болып тириледи. 44 Тєбийғый дене кѳмиледи, бирақ ол руўхый дене болып тириледи. Тєбийғый дене бар болғаны сыяқлы, руўхый дене де бар. 45 Ѳйткени Мухаддес Жазыўда былай делинген: «Биринши адам – Адам-ата тири жан болды». Ал соңғы Адам – Ийса Масих ѳмир бериўши руўх болды. 46 Бирақ, биринши болып руўхый дене емес, ал тєбийғый дене келди. Руўхый дене кейнинен келеди. 47 Биринши адам жерден, яғный топырақтан болды. Екинши адам аспаннан келди. 48 Топырақтан болған Адам-ата қандай болса, топырақтан болған адамлар да сондай болады. Аспаннан келген Ийса Масих қандай болса, аспанға тийисли болған адамлар да сондай болады. 49 Бизлер топырақтан болған Адам-атаға қалай уқсайтуғын болсақ, аспаннан келген Ийса Масихқа да солай уқсайтуғын боламыз. 50 Туўысқанларым, мениң сизлерге айтып атырғаным мынаў: бизлердиң ет пенен қаннан ибарат болған тєбийғый денемиз Кудайдың Патшалығын мийрас етип ала алмайды. Ширип кететуғын денемиз мєңгилик ѳмирге ерисе алмайды. 51 Енди мен сизлерге бир сырды ашып бермекшимен: бизлердиң ҳєммемиз шетимизден ѳлмеймиз, бирақ ҳєммемиз ѳзгеремиз. 52 Бирден кѳзди ашып-жумғанша, соңғы кєрнай шалынғанда, ѳзгерип кетемиз. Аўа, кєрнай шалынғанда, ѳлген исениўшилер ширимейтуғын денеде тириледи, тири болған бизлер де ѳзгерип кетемиз. 53 Себеби бизлердиң бул ширийтуғын ҳєм ѳлетуғын денемиз ширимейтуғын ҳєм ѳлмейтуғын дене болып ѳзгериўи тийис. 54 Ширийтуғын ҳєм ѳлетуғын денемиз ширимейтуғын ҳєм ѳлмейтуғын болып ѳзгерсе, Мухаддес Жазыўда айтылған мына сѳзлер иске асады: «Ѳлим жоқ етилди, ол жеңилди!» 55 «Ҳєй ѳлим, жеңисиң қєне? Ҳєй ѳлим, уўлы ийнең қєне?» 56 Ѳлимниң уўлы ийнеси – гүна. Гүна ѳз күшин Мухаддес Нызамнан алады. 57 Бирақ, Кудайға шүкирлер болсын! Ол бизлерди Ийемиз Ийса Масих арқалы жеңиске еристире береди. 58 Солай етип, сүйикли туўысқанларым, тайсалмай беккем турыңлар ҳєм Ийемиздиң хызметинде бєрқулла ғайратлы болыңлар. Ѳйткени Ийемиздиң жолында еткен хызметиңиздиң босқа кетпейтуғынын билесизлер.
1 Енди исениўшилерге берилетуғын ақшалай жєрдемге келсек, сизлер де буны Галатиядағы исениўши жємєєтлерге тапсырғанымдай ислеңлер. 2 Ҳєр екшемби күни ҳєр бириңиз ѳз жағдайына қарап, ақшаны бѳлек жыйнап қойсын. Сонда мен сизлерге барғанымда, ақшаны жыйнап жүриўдиң зєрүрлиги болмайды. 3 Сизлерге барғанымда, берген садақаларыңызды апарыўға кимлерди ылайықлы кѳрсеңиз, мен сол адамларға хатлар берип, Ерусалимге жиберемен. 4 Егер мениң де кетиўим керек болса, олар мениң менен бирге кетеди. 5 Мен сизлерге Македония арқалы бараман. Себеби мен усы үлке арқалы жүрмекшимен. 6 Касыңызда бир қанша ўақыт қалыўым, ҳєтте, сизлер менен қысты да бирге ѳткизиўим мүмкин. Соннан кейин, мен қай жерге кетежақ болсам да, сизлер маған жєрдем етерсиз. 7 Мен бул сапары сизлерди жол-жѳнекей кѳрип кетиўди қєлемеймен. Егер Ийемиз рухсат етсе, сизлер менен бирге бир қанша ўақыт қалыўдан үмит етемен. 8 Бирақ, мен Ефесте Елиўинши күни байрамына дейин қалажақпан. 9 Ѳйткени бул жерде ѳнимли мийнет етиўим ушын маған кең жол ашылды. Деген менен, маған қарсы шығып атырғанлар да кѳп. 10 Тимофей сизлерге барғанда, араңызда қєўипсиз жүриўи ушын кѳз қулақ болыңлар. Себеби ол да мен сыяқлы Ийемизге хызмет етеди. 11 Сонлықтан оны ҳеш ким пєс кѳрмесин. Мениң қасыма келиўи ушын оны аман-есен шығарып салыңлар. Ѳйткени мен туўысқанларымыз бенен бирге оның келиўин күтип отырман. 12 Туўысқанымыз Аполосқа келсек, туўысқанларымыз бенен бирге сизлерге барыўын оннан кѳп ѳтинген едим. Бирақ, ол ҳєзир сизлерге барыўды ҳеш қєлемей атыр. Колайлы жағдай туўылғанда, ол сизлерге барады. 13 Сергек болыңлар, исенимде беккем турыңлар, мєрт ҳєм жигерли болыңлар. 14 Ҳєр бир нєрсени сүйиспеншилик пенен ислеңлер. 15 Ахая үлкесинде биринши болып исенген ҳєм ѳзлерин исениўшилердиң хызметине бағышлаған Степанның хожалығын билесизлер. Сизлерден ѳтиниш, туўысқанларым: 16 сизлер де усындай адамларға ҳєм олар менен бирге мийнет ететуғын адамлардың ҳєммесине бойсыныңлар. 17 Мен Степанның, Фортунатустың ҳєм Ахайктың келгенине қуўанышлыман. Олар сизлердиң орныңызды басып, сизлердиң жоқлығыңызды умыттырды. 18 Олар мениң руўхымды да, сизлердиң руўхыңызды да кѳтерди. Бундай адамлардың қєдирин билиңлер. 19 Азия үлкесиндеги жємєєтлер сизлерге сєлем айтып атыр. Акила менен Прискила ҳєм олардың үйиндеги исениўшилер жємєєти Ийемиз бенен қатнаста болған сизлерге кѳп-кѳп сєлем айтып атыр. 20 Усы жердеги барлық туўысқанлар да сизлерге сєлем айтып атыр. Бир-бириңизди мухаддес поса менен сүйип сєлемлесиңлер. 21 Мен, Павел, бул сєлемнаманы ѳз қолым менен жазып атырман. 22 Ийемизди сүймейтуғын адамға нєлет болсын! О Ийемиз, келе-гѳр! 23 Ийемиз Ийсаның мийрими сизлерге яр болсын! 24 Мен сизлердиң ҳєммеңизди Масих Ийсаның сүйиспеншилиги менен сүйемен. Аўмийин.
1 Кудайдың қєлеўи менен Масих Ийсаның елшиси болған мен, Павелден ҳєм туўысқанымыз Тимофейден, Коринф қаласындағы Кудайдың жємєєтине ҳєм пүткил Ахая үлкесиндеги барлық мухаддеслерге сєлем! 2 Єкемиз Кудай ҳєм Ийемиз Ийса Масих сизлерге мийрим ҳєм тынышлық берсин! 3 Кудайға, яғный Ийемиз Ийса Масихтың Єкесине алғыслар болсын! Ол бизлердиң реҳимли Єкемиз ҳєм толық жубаныш бериўши Кудай. 4 Кудай бизлерге барлық қыйыншылықларымызда жубаныш береди. Солай етип, бизлер де Кудайдан алған жубаныш пенен ҳєр қыйлы қыйыншылықларда болған адамларға жубаныш бере аламыз. 5 Себеби Масих шеккен азап-ақыретлерди бизлер қаншелли кѳп шексек, Кудай бизлерге Масих арқалы соншелли үлкен жубаныш береди. 6 Бизлер кѳрип атырған қыйыншылық сизлердиң жубаныш алыўыңыз ҳєм қутқарылыўыңыз ушын болып атыр. Бизлердиң жубаныш алыўымыз да сизлердиң жубаныш алыўыңыз ушын болып атыр. Сизлер ѳзлериңиз алған усы жубаныш арқалы бизлер шеккен азап-ақыретлер менен бирдей болған азап-ақыретлерге шыдай аласызлар. 7 Бизлердиң сизлерге байланыслы болған үмитимиз беккем. Ѳйткени сизлердиң тек азап-ақыретлеримизге емес, ал алған жубанышымызға да шерик екениңизди билемиз. 8 Туўысқанларым, Азия үлкесинде кѳрген қыйыншылықларымыздан сизлердиң хабарсыз қалыўыңызды қєлемеймиз. Бизлер шектен тыс аўыр қыйыншылық астында болып, тири қалыўдан да үмитимизди үзген едик. 9 Ишимизден ѳзимизди ѳлимге ҳүким етилгендей сездик. Бирақ бул ѳзлеримизге емес, ал ѳлилерди тирилтетуғын Кудайға сүйениўимиз ушын болды. 10 - 11 Кудай бизлерди усындай үлкен ѳлим қєўпинен қутқарды ҳєм еле де қутқара береди. Сизлердиң дуўаларыңыздың жєрдеминде Кудай бизлерди еле де қутқара береди деп, бизлер Оннан үмит етемиз. Кѳп адамлардың еткен дуўаларына Кудай жуўап берип, бизлерди қутқарғанлықтан, кѳплер бизлер ушын Кудайға шүкирлик билдиреди. 12 Бизлер мақтаныш тутатуғын ҳєм пєк ҳүжданымыз бенен гүўалық беретуғын нєрсемиз мынаў: бизлер дүньяға, єсиресе сизлерге адамның даналығы менен емес, ал Кудайдың мийрими менен, Кудайдан келген ҳадаллық ҳєм ҳақ нийет пенен қатнас жасадық. 13 - 14 Бизлер сизлерге оқып түсине алатуғын нєрселерди ғана жазып атырмыз. Ҳєзир бизлерди толық түсинбесеңиз де, ўақты келгенде толық түсинетуғыныңыздан үмит етемен. Солай етип, Ийемиз Ийса қайтып келетуғын күни бизлердиң мақтанышымыз сизлер болатуғыныңыз сыяқлы, сизлердиң мақтанышыңыз да бизлер боламыз. 15 Усындай исеним менен сизлерди еки есе қуўанышқа бѳленсин деп, сизлерге барыўды бурын нийет еткен едим. 16 Македонияға баратырғанымда да, Македониядан қайтып киятырғанымда да, сизлерге барыўды нийет еткен едим. Соңынан сизлер мени Яҳудияға шығарып саларсыз деп ойлаған едим. 17 Усылай нийет етип, мен жеңилтеклик қылыппан ба? Мени денесиниң қєлеўи бойынша кеўлинде «яқ» деп ойлап, аўзы менен «аўа» дейтуғын адам деп есаплайсызлар ма? 18 Мен Кудайдың садықлығы ҳақы ант ишемен: бизлер еки жүзли адамлар емеспиз. Бизлер сизлерге сѳйлегенимизде, «яқ» деп ойлап, «аўа» деп айтпадық. 19 Бизлер тєрепимизден, яғный мен тєрепимнен, Сила ҳєм Тимофей тєрепинен сизлерге жєрияланған Кудайдың Улы Ийса Масих ҳєм «аўа», ҳєм «яқ» емес. Онда тек «аўа» ғана бар. 20 Кудайдың барлық ўєделери Масих арқалы «аўа» болып, толық орынланады. Сонлықтан Кудайдың даңққа бѳлениўи ушын, Масих арқалы Кудайға «аўмийин» деймиз. 21 Бизлер менен сизлердиң Масих пенен болған байланысымызды беккем қылған ҳєм бизлерди хызметке тайынлаған Кудайдың Ѳзи болады. 22 Ол бизлерди мѳрлеп тамға басты ҳєм буның дєлили сыпатында Мухаддес Руўхты жүрегимизге жайластырды. 23 Мениң жүрегимде не бар екенин билетуғын Кудайдың Ѳзи гүўа: сизлерди аяғаным себепли, усы ўақытқа дейин Коринфке бармаған едим. 24 Бизлер сизлердиң исенимиңиздиң үстинен бийлик орнатқымыз келмейди. Керисинше, сизлердиң қуўаныўыңыз ушын, бизлер сизлер менен бирликте мийнет етип атырмыз. Себеби сизлер исенимде беккем турсызлар.
1 Солай етип, сизлерди жєне қапа қылмайын деп, сизлерге бармаўға кеўлимде қарар еттим. 2 Ѳйткени егер мен сизлерди жєне қапа қылсам, онда мени ким қуўантады? Ѳзим қапа қылған сизлерден басқа, ким кеўлимди кѳтереди? Єлбетте, ҳеш ким! 3 Сонлықтан мен барғанымда, қуўантыўы керек болған адамлар мени қапа қылмаўы ушын, сол хатты жазып жиберген едим. Себеби мениң қуўанышым сизлердиң ҳєммеңиздиң қуўанышыңыз екенине исенген едим. 4 Мен сол хатты терең қайғырып, жүрегим езилип, кѳз жасларымды тѳгип отырып жаздым. Бундағы мақсетим – сизлерди қапа қылыў емес, ал сизлерге деген шексиз сүйиспеншилигимди билдириў еди. 5 Егер араңызда бир адам басқаларды қапа қылған болса, ол тек мени емес, ал қандай да бир дєрежеде сизлердиң ҳєммеңизди қапа қылған болады. Мен буны асырып айтып атырған жоқпан. 6 Бул адамға сизлердеги кѳпшилик тєрепинен берилген жаза жетерли болады. 7 Солай етип, ол ҳєдден тыс қайғырмаўы ушын оны кеширип, жубаныш бергениңиз мақулырақ болады. 8 Сонлықтан оған деген сүйиспеншилигиңизди дєлиллеўиңизди ѳтиниш етемен. 9 Ҳєр бир исте сѳзиме қулақ асатуғыныңызды ямаса аспайтуғыныңызды сынап билиў ушын, мен сизлерге сол хатты жазған едим. 10 Сизлер оны кеширсеңиз, оны мен де кеширемен. Егер мен оны кеширген болсам, оны сизлер ушын Масих алдында кеширдим. 11 Солай етип, шайтанның аўҳалдан пайдаланып, пєнт бериўине жол қоймайық. Ѳйткени бизлер оның жаўыз жобаларынан хабарсыз емеспиз. 12 Мен Масихтың Хош Хабарын жєриялаў ушын Троасқа барғанымда, Ийемиз маған кѳп мүмкиншилик берген еди. 13 Деген менен, туўысқанымыз Титусты сол жерде ушырата алмағаным себепли, руўхым тынышсызланды. Сонлықтан сол жердегилер менен хошласып, Македонияға кеттим. 14 Кудайға шүкирлер болсын! Ол бизлерди бєрқулла Масихтың жеңисиниң салтанатлы жүрисинде жетелеп жүреди ҳєм бизлер арқалы ҳємме жерде Масих ҳаққында билимди хош ийис сыяқлы тарқатады. 15 Себеби бизлер қутқарылып атырғанлар арасында да, набыт болып атырғанлар арасында да, Масихтың Кудайға бағышлаған хош ийисимиз. 16 Бизлер Хош Хабарды жєриялаған ўақтымызда, набыт болып атырғанлар ушын ѳлимге апаратуғын ѳлим ийисимиз. Ал қутқарылып атырғанлар ушын ѳмир беретуғын ѳмир ийисимиз. Бундай хызметке ылайықлы ҳеш ким жоқ! 17 Ѳйткени ѳз пайдасы ушын Кудайдың сѳзин сатып беретуғын кѳп адамлар бар. Бирақ, бизлер ондай адамлар емеспиз. Бизлер Кудай тєрепинен жиберилген ҳєм Масихқа тийисли болған адамлар сыпатында Хош Хабарды Кудай алдында ҳақ кеўил менен жєриялаймыз.
1 Бизлерди жєне ѳзлерин мақтап атыр, деп ойлайсыз ба? Айырым адамлар сыяқлы, сизлерге кѳрсетиў ушын ямаса сизлерден алып басқаларға кѳрсетиў ушын, минезлемемиз жазылған хатларға бизлер мүтєжбиз бе? 2 Бизлердиң минезлеме хатымыз – сизлер боласызлар. Бул хат бизлердиң жүреклеримизде жазылған болып, оны барлық адамлар биледи ҳєм оқыйды. 3 Сизлер ҳақыйқаттан да, бизлердиң хызметимиз арқалы жазылған Масихтың хаты екениңизди анық кѳрсетесизлер. Бул хат сыя менен емес, ал тири Кудайдың Руўхы менен жазылды ҳєм ол тасқа емес, ал адамлардың жүреклерине ойып жазылды. 4 Бизлер Масих арқалы Кудай алдында усындай исенимге ийе болғанымыз себепли, буларды айтып атырмыз. 5 Бизлер хызметимизди уқыплы болғанымыз себепли атқарып атырмыз, демекши емеспен. Бизлердеги бар уқып ѳзимизден шықпаған, ал Кудайдан берилген. 6 Кудай бизлерди Жаңа Келисимниң хызметшилери қылды. Жаңа Келисим жазылған нызам тийкарында емес, ал Мухаддес Руўх тийкарында пайда болды. Себеби жазылған нызам ѳлимге ҳүким етеди, ал Мухаддес Руўх ѳмир береди. 7 Тасқа ойып жазылған ҳєриплерден ибарат болған Мухаддес Нызам уллылық пенен берилгенликтен, Израил халқы Муўсаның жүзинен шыққан ѳткинши нурға қарай алмаған еди. Ѳлимге ҳүким ететуғын Мухаддес Нызамға хызмет етиў соншелли уллы болса, 8 онда ѳмир беретуғын Мухаддес Руўхқа хызмет етиў оннан анағурлым кѳп уллылыққа ийе емес пе? 9 Адамды ҳүким еткен Мухаддес Нызамға хызмет етиў уллы болған болса, ақланыў беретуғын Жаңа Келисимге хызмет етиў оннан гѳре қаншелли уллырақ болады! 10 Ҳақыйқаттан да, жоқары уллылыққа ийе болған Жаңа Келисим пайда болғанда, бурын уллылыққа ийе болған Мухаддес Нызам ѳз уллылығын жойтты. 11 Солай етип, ѳткинши болған нєрсе уллы болса, мєңги қалатуғын нєрсе оннан да уллырақ. 12 Усындай үмитке ийе болғанымыз себепли үлкен батырлық пенен сѳйлей аламыз. 13 Бизлер жүзиндеги ѳшип баратырған нурды Израил халқына кѳрсетпеў ушын жүзин перде менен жапқан Муўса сыяқлы ис тутпаймыз. 14 Бирақ, Израил халқының жүреги қайсар болғанлықтан, ҳєтте, усы күнге дейин олар Ески Келисимди оқығанда, олардың санасы сондай перде менен жабыўлы турғандай болады. Ѳйткени бул перде тек Масих арқалы алып тасланады. 15 Ҳақыйқаттан да, усы күнге дейин олар Муўсаның китабын оқығанда, жүреклери перде менен жабылғандай болып түсинбейди. 16 Деген менен, адам Ийемизге жүз бурғанда, сол перде алып тасланады. 17 Ийемиз – Руўх. Ийемиздиң Руўхы бар жерде азатлық бар. 18 Бизлердиң ҳєммемиз пердесиз жүз бенен Ийемиздиң уллылығын кѳремиз. Сол арқалы Оған уқсаў ушын ѳзгерип, уллылық үстине уллылыққа ерисип барамыз. Бул Руўх болған Ийемиздиң жєрдеминде иске асады.
1 Сонлықтан биз хызметшилер бул хызметти Кудайдың мийрим-шєпєєти менен ислеп атырғанымыз себепли, руўхымызды түсирмеймиз. 2 Бизлер жасырын ҳєм уят ислеримизди тасладық, ҳийлекерлик пенен ҳєрекет қылмаймыз. Кудайдың сѳзин бурмаламай, ҳақыйқатты ашық айтыўымыз арқалы ѳзимизди Кудай алдында ҳєр бир адамның ҳүжданына тапсырамыз. 3 Егер бизлер жєриялап атырған Хош Хабар жабық болса, ол набыт болатуғынлар ушын жабық болады. 4 Исенбейтуғын бундай адамлар Хош Хабардың жақтысын кѳрмесин деп, бул дүньяның ҳєкими – шайтан олардың жүрек кѳзлерин соқыр еткен. Хош Хабар Кудайдың қандай екенин кѳрсеткен Масихтың даңқын билдиреди. 5 Бизлер ѳзлеримиз ҳаққында жєриялап атырған жоқпыз. Ал Масих Ийсаны ҳєммемиздиң Ийемиз деп, Ийса ушын сизлердиң хызметшилериңиз екенлигимиз ҳаққында жєриялап атырмыз. 6 Себеби «Караңғылықтан нур жарқырасын», – деп буйырған Кудай Масихтың жүзинде жарқыраған Ѳзиниң даңқын билиўимиз ушын жүреклеримизди жақты қылды. 7 Биз елшилер усы ғєзийнени ылай ыдыс сыяқлы болған денемизде алып жүрмиз. Бул уллы қүдиреттиң бизлерден емес, ал Кудайдан екенлиги кѳринип тур. 8 Бизлер ҳєр тєреплеме қысқыдамыз, бирақ езилмеймиз. Албыраймыз, бирақ үмитсизликке берилмеймиз. 9 Куўдаланамыз, бирақ Кудай бизлерди таслап кетпейди. Бизлерди жығылтады, бирақ жоқ болып кетпеймиз. 10 Ийсаның ѳмири денемизде ашық кѳринсин деп, бизлер бєрқулла азап шегип, Ийсаның ѳлимине шерик боламыз. 11 Ѳйткени Ийсаның ѳмири бизиң ѳлетуғын денемизде ашық кѳринсин деп, жасап атырған бизлер Ийса ушын ѳлим қєўпине үзликсиз дуўшар болып атырмыз. 12 Солай етип, бизлердиң ѳлим қєўпине дуўшар болып атырғанымыз арқалы сизлер мєңгилик ѳмирге ерисип атырсызлар. 13 Забурда: «Мен исендим ҳєм соның ушын сѳйледим», – деп жазылған. Усындай исенимди пайда еткен Мухаддес Руўхқа ийе болғанымыз себепли, бизлер де исенемиз ҳєм сонлықтан сѳйлеймиз. 14 Себеби Ийемиз Ийсаны ѳлимнен тирилткен Кудайдың бизлерди де Ийса менен бирге тирилтетуғынын ҳєм сизлер менен бирликте Ѳзиниң алдында турғызып қоятуғынын билемиз. 15 Булардың ҳєммеси сизлердиң пайдаңыз ушын болып атыр. Солай етип, бизлердиң басымыздан кеширген қыйыншылықларымыз себепли, Кудайдың сизлерге деген мийрими артады. Сол мийрим еле де кѳп адамларға жетип барыўы арқалы Кудайға кѳп шүкирликлер айтылады ҳєм Ол даңққа бѳленеди. 16 Сонлықтан руўхымызды түсирмеймиз. Бизлердиң кѳринетуғын денемиз тозып баратырған болса да, ишки дүньямыз күннен-күнге жаңаланып атыр. 17 Ѳйткени ҳєзирги ѳткинши ҳєм арзымас қыйыншылықларымыз бизлерге ҳєдден тыс уллы ҳєм мєңгилик даңқ алып келеди. 18 Бизлер кѳзге кѳринетуғын қыйыншылықларға емес, ал кѳзге кѳринбейтуғын уллылыққа қараймыз. Себеби кѳзге кѳринетуғын нєрселер ѳткинши, ал кѳзге кѳринбейтуғын нєрселер мєңги болады.
1 Бизлер ишинде жасап атырған дүньядағы бул шатырымыз, яғный денемиз қыйралғанда, Кудай бизлерге адамның қолы менен қурылмаған аспандағы мєңгилик үйимизди, яғный жаңа денени беретуғынын билемиз. 2 Аспандағы үйимизди, яғный жаңа денемизди кийим сыяқлы кийиўди қатты күсеп, ҳєзир бизлер дүньядағы шатырымызда, яғный денемизде «аҳ» урмақтамыз. 3 Оны кийсек, бизлер жалаңаш қалмаймыз. 4 Бизлер дүньядағы шатырымызда, яғный денемизде жасап жүрип, аўыр жүк астында қыйналмақтамыз. Негизинде дүньядағы денемизди шешип таслаўды емес, ал оның үстинен аспандағы денемизди кийиўди қєлеймиз. Солай етип, ѳлетуғын дене мєңгилик ѳмир тєрепинен жутып жибериледи. 5 Бизлерди усы ушын таярлаған ҳєм буның гиреўи сыпатында бизлерге Мухаддес Руўхты берген Кудайдың Ѳзи болады. 6 Сонлықтан денеде жасап атырған ўақтымызда Ийемиздиң аспандағы мєканынан узақта екенимизди билсек те, бизлер бєрқулла батырлыққа ийемиз. 7 Ѳйткени бизлер кѳзге кѳринетуғын нєрселерге емес, ал исенимимизге сүйенип жасаймыз. 8 Аўа, батырлыққа ийемиз ҳєм денеден шығып, Ийемиз бенен бирге жасағанымыз жақсырақ деп ойлаймыз. 9 Бирақ денеде жасасақ та, денеден шығып кетсек те, бизлер Ийемиздиң кеўлинен шығыўға қатты тырысамыз. 10 Себеби денеде жасаған ўақтымызда ислеген жақсы исимиз ушын да, жаман исимиз ушын да ылайықлы баҳа алыў ушын, ҳєр биримиз Масихтың ҳүким гүрсисиниң алдында турыўымыз керек. 11 Солай етип, бизлер Ийемизден қорқыўдың не екенин билгенимиз себепли, адамларды ақылландырыўға ҳєрекет етемиз. Бизлердиң қандай екенлигимиз Кудайға аян. Бизлердиң қандай екенлигимизди сизлер де жақсы билетуғыныңыздан үмит етемен. 12 Бизлер жєне сизлерге ѳзлеримизди усыныўға ҳєрекет етип атырған жоқпыз. Бирақ ишки дүньясы менен емес, ал сыртқы кѳриниси менен мақтанатуғын адамларға ылайықлы жуўап бериўиңиз ушын, сизлерге бизлер менен мақтаныўға мүмкиншилик берип атырмыз. 13 Егер бизлер ақылымыздан азғандай болып кѳринсек, онда бул Кудай ушын. Егер есимиз дурыс болып кѳринсе, онда бул сизлер ушын. 14 Усылай ислеўге бизлерди Масихтың сүйиспеншилиги мєжбүр етеди. Ѳйткени бир Адам, яғный Масих ҳємме ушын ѳлгенликтен, ҳємме Оның ѳлимине шерик болған болады, деген жуўмаққа келдик. 15 Аўа, Масих ҳємме ушын ѳлди. Солай екен, жасап атырғанлар енди ѳзлери ушын емес, ал ѳзлери ушын ѳлген ҳєм қайта тирилген Масих ушын жасаўы шєрт. 16 Сонлықтан бизлер енди ҳеш кимге дүньяның кѳз қарасы менен қарамаймыз. Масихқа бурын усылай қараған болсақ та, енди олай қарамаймыз. 17 Солай етип, ким де ким Масих пенен байланысқа ийе болса, ол – жаңа жаратылыс. Ески нєрселер ѳтип кетти, минекей, енди ҳєммеси жаңа болды. 18 Буның ҳєммеси Кудайдан. Кудай Масих арқалы бизлерди Ѳзи менен жарастырды ҳєм адамларды Ѳзи менен жарастырыў хызметин бизлерге тапсырды. 19 Яғный, Кудай Масих арқалы дүньяны Ѳзи менен жарастырып, адамлардың гүналарын есапқа алмады ҳєм усы жарастырыўшы сѳзлерди бизлерге берди. 20 Солай етип, бизлер Масихтың елшилеримиз. Кудайдың Ѳзи бизлер арқалы сизлерге ақыл-нєсият берип атыр. Масихтың атынан жалбарынамыз: Кудай менен жарасыңлар! 21 Кудай бизлердиң гүналарымызды ҳеш қашан гүна ислемеген Масихқа жүкледи. Масих пенен байланысқа ийе болған бизлер Кудай алдында усы арқалы ақландық.
1 Кудай менен бирге мийнет етип атырған бизлер ѳзлериңиз қабыл қылған Оның мийримине итибарсызлық пенен қарамаўыңызды сизлерден ѳтиниш етемиз. 2 Себеби Кудай былай дейди: «Мениң мийримим берилетуғын ўақытта сени еситтим, Кутқарылыў күнинде саған жєрдем бердим». Минекей, ҳєзир Кудайдың мийрими берилетуғын ўақыт болды! Минекей, ҳєзир қутқарылыў күни келди! 3 Хызметимизге сѳз келмесин деп, ҳеш кимге ҳеш бир нєрседе тосқынлық жасамаймыз. 4 Ал ҳємме нєрседе Кудайдың хызметкерлери сыпатында ис тутамыз: қыйыншылық кѳрсек те, мүтєжликте ҳєм аўыр жағдайларда қалсақ та, шексиз сабырлы болдық. 5 Жєне де, таяқ жедик, қамақта отырдық, топалаң ишинде қалдық, аўыр мийнет еттик, түнлерди уйқысыз ѳткиздик, аш қалдық. 6 Солай болса да, бизлер пєк болдық, дурыс түсиник, шыдамлылық, кең кеўил, Мухаддес Руўх ҳєм ҳақыйқый сүйиспеншилик пенен жасадық. 7 Ҳақыйқат сѳзин айтып, Кудайдың қүдиретин кѳрсеттик. Оң ҳєм шеп қолымызда ҳақлық қуралын услап жүрдик. 8 Бизлерди ҳүрмет етеди ҳєм масқаралайды да, бизлерге сѳгис айтады ҳєм мақтайды да. Бизлерди ѳтирикшилер деп есаплайды, бирақ бизлер ҳақыйқатты айтамыз. 9 Бизлерди белгисиз адамлар деп санайды, бирақ бизлер ҳєммеге белгилимиз. Бизлерди ѳлген деп есаплайды, бирақ, мине, бизлер тиримиз. Жазаланып таяқ жесек те, ѳлмей атырмыз. 10 Бизлерди қапа қылады, бирақ бизлер бєрқулла қуўанышлымыз. Жарлымыз, бирақ кѳп адамларды байытамыз. Ҳеш нєрсемиз болмаса да, ҳємме нєрсеге ийемиз. 11 Ҳєй коринфлилер, бизлер сизлерге ашық сѳйлеп, жүрегимизди кең аштық. 12 Сизлерден мийримимизди аямадық, бирақ сизлер бизлерден ѳз мийримиңизди аядыңыз. 13 Сизлерге балаларыма сѳйлегендей, сѳйлеп атырман: бизлер сыяқлы, сизлер де бизлерге жүреклериңизди кең ашыңлар. 14 Исенбейтуғынлар менен бирге бир мойынтырықтың астына кирмеңлер. Ѳйткени ҳақлық пенен нызамсызлықтың арасында қандай уқсаслық бар? Нур менен қараңғылықтың арасында қандай байланыс бар? 15 Масих пенен шайтанның арасында қандай келисим ҳєм исенетуғын адам менен исенбейтуғын адамның арасында қандай шериклик болыўы мүмкин? 16 Кудайдың ибадатханасы менен бутлар арасында қандай бирлик болыўы мүмкин? Ҳеш қандай! Себеби бизлер тири Кудайдың ибадатханасымыз. Кудай былай дейди: «Мен олар арасында жасап, Олар арасында жүретуғын боламан». «Мен олардың Кудайы боламан, Олар Мениң халқым болады». 17 Сол себептен Кудай Ийемиз былай дейди: «Исенбейтуғын адамлар арасынан шығып, олардан бѳлеклениңлер. Ҳарам нєрсеге қол тийгизбеңлер, Сонда Мен сизлерди қабыл етемен». 18 Жєне де, ҳємме нєрсеге қүдиретли Кудай Ийемиз былай дейди: «Мен сизлерге Єке боламан, Сизлер Мениң ул-қызларым боласызлар».
1 Солай етип, сүйикли туўысқанларым, усындай ўєделерге ийе болғанымыз себепли, денемизди ҳєм руўхымызды ипласлайтуғын ҳєр бир нєрседен ѳзлеримизди тазалайық. Кудайдан қорқып жасап, минсиз мухаддесликке жетилисип барайық. 2 Бизлерге жүреклериңизди кең ашыңлар. Бизлер ҳеш кимге жаманлық ислемедик, ҳеш кимди жолдан азғырмадық, ҳеш кимди алдап, ҳақысын жемедик. 3 Буны сизлерди айыплаў ушын айтып атырған жоқпан. Ѳйткени бурын айтқанымдай, сизлер бизлердиң жүрегимиздесиз. Сизлер менен бирге ѳлиўге де, жасаўға да қайылмыз. 4 Мениң сизлерге деген исенимим күшли ҳєм мен сизлер менен кѳп мақтанаман. Кыйыншылықларымыз кѳп болса да, мен сизлер себепли шексиз қуўаныш алып, жубанышқа бѳлендим. 5 Бизлер Македонияға келгенимизден кейин де денемиз ҳеш тыныш таппай, ҳєр тєреплеме қыйыншылық кѳрдик: сыртта жєнжел, жүрегимизде қорқыныш бар еди. 6 Бирақ, руўхы түскен адамларға жубаныш бериўши Кудай Титустың сизлер беттен қайтып келгени арқалы бизлерге жубаныш берди. 7 Бизлер тек оның қайтып келгени арқалы емес, ал сизлердиң оған берген жубанышыңыз арқалы да жубаныш алдық. Титус бизлерге сизлердиң мени қаншелли сағынғаныңызды, қылған ис-ҳєрекетлериңиз себепли ѳкинип атырғаныңызды ҳєм мени жақлаўға урынып атырғаныңызды айтып бергенде, мен оннан бетер қуўанып кеттим. 8 Мен жазған хатым менен сизлерди қапа қылған болсам да, ѳкинбеймен. Сол хатымның сизлерди аз-маз ўақытқа қапа қылғанын билгенимде, мен ѳкинген едим. 9 Бирақ, енди қуўанып атырман. Мен сизлердиң қапа болғаныңызға емес, ал бул қапашылықтың сизлерди тєўбеге єкелгенине қуўанып атырман. Бул қапашылық Кудайдың қєлеўи бойынша болғанлықтан, сизлер бизлер себепли ҳеш қандай зыян кѳрмедиңлер. 10 Себеби Кудайдың қєлеўи менен берилген қапашылық адамды тєўбеге алып келеди ҳєм адам бул арқалы қутқарылыў алады. Бундай қапашылық ѳкиниў алып келмейди. Бирақ, дүньяның қапашылығы ѳлимге алып барады. 11 Караңлар, Кудайдың қєлеўи менен болған бул қапашылық сизлерде қаншелли инта, ѳз пєклигиңизди дєлиллеўге қатты умтылыў, наҳақлыққа деген күшли ғєзеп, қаншелли қорқыныш, маған деген соншелли сағыныш, қаншелли талпыныў ҳєм айыпкер адамды жазалаўға күшли тилек оятты. Сизлер сол исте ѳзлериңиздиң ҳєр тєреплеме пєк екениңизди кѳрсеттиңиз. 12 Сизлерге буннан алдыңғы хатты жазғанымда, наҳақлық ислеген адам ямаса наҳақлықтан жєбир кѳрген адам себепли жазған жоқпан. Ал, сизлердиң бизлерге деген ықласыңыздың Кудай алдында аян болыўы ушын жазған едим. 13 Бизлер булардың ҳєммеси арқалы жубаныш таптық. Жубанышымызға қосымша Титустың қуўанышы бизлерди оннан да кѳбирек қуўандырды. Ѳйткени сизлердиң ҳєммеңиз оның руўхын кѳтерипсиз. 14 Мен сизлерди оның алдында мақтаған едим, сизлер мени уятқа қалдырмадыңлар. Сизлерге айтқан ҳєр бир сѳзимиз ҳақыйқат болғаны сыяқлы, сизлерди Титусқа айтып мақтаған сѳзлеримиз де ҳақыйқат болып шықты. 15 Ол ҳєммеңиздиң сѳзге бойсынатуғыныңызды, ѳзин ҳүрмет ҳєм иззет пенен қабыл алғаныңызды еске алып, оның сизлерге деген сүйиспеншилиги жєне де артып атыр. 16 Солай етип, мен сизлерге ҳєр бир исте исене алатуғыным себепли қуўанаман.
1 Туўысқанлар, бизлер сизлерге Кудайдың Македониядағы исениўши жємєєтлерге берген мийрими ҳаққында билдиргимиз келеди. 2 Олар аўыр қыйыншылықлар менен сыналған болса да, қуўанышқа толып, жүдє кємбағал болса да, шексиз сақыйлық кѳрсетти. 3 Жағдайлары кѳтергенше, ҳєтте, жағдайларынан артық дєрежеде олардың ѳз қєлеўи менен сақыйлық кѳрсеткенине мен ѳзим гүўалық беремен. 4 Олар Яҳудиядағы исениўшилерге берилетуғын жєрдемге, яғный усы қайырлы иске қатнасыўды ѳтиниш етип, бизлерге жалбарынған еди. 5 Олар бизлер үмит еткенимизден де зыят берип, Кудайдың қєлеўи менен ѳзлерин бириншиден Ийемизге, соңынан бизлерге бағышлады. 6 Сонлықтан бурын сизлердиң араңызда бул қайырлы исти баслаған Титустан оны жуўмақлаўын ѳтиндик. 7 Сизлер Масихқа деген исенимде, Кудайдың сѳзин сѳйлеўде, ҳақыйқатты билиўде, инта менен хызмет етиўде, бизлерге деген сүйиспеншиликте, улыўма ҳємме нєрседе үстинсиз. Сол сыяқлы, бул қайырлы исте де сизлердиң үстин болыўыңызды қєлеймиз. 8 Буны буйрық ретинде айтып атырған жоқпан. Ал, басқа жємєєтлердиң интасы ҳаққында айтып, сизлердиң сүйиспеншилигиңиздиң ҳақыйқыйлығын сынап кѳрип атырман. 9 Себеби сизлер Ийемиз Ийса Масихтың мийримин билесизлер: Ол Ѳзи бай бола тура, сизлер ушын бул дүньяда жарлы болды. Оның жарлылығы менен сизлер руўхый байлыққа ийе болдыңыз. 10 Бул бойынша мен сизлерге бир пайдалы кеңес беремен. Сизлер ѳткен жылы ѳз қєлеўиңиз бенен жєрдем ақшаны жыйнаўды биринши болып баслаған едиңлер. 11 Енди сол исти ақырына дейин жеткизгениңиз мақул. Солай етип, баста қандай инта менен баслаған болсаңыз, сондай инта менен жуўмақлаўға қолларыңыздан келгенше тырысыўыңыз тийис. 12 Егер сизлер ѳзлериңизде бар нєрсени инта менен берсеңиз, Кудай оны ырзашылық пенен қабыл етеди. Бирақ, Ол сизлерде жоқ нєрсени талап етпейди. 13 Басқалардың аўҳалын жеңиллетиў ушын сизлерге аўырманлық салыў керек, демекши емеспен. Ал теңлик болыўы керек, демекшимен. 14 Ҳєзирги сизлердеги молшылық олардың жетпей турған нєрсесин толықтырады. Ал соңынан олардағы молшылық сизлердеги жетпей турған нєрсени толықтырады. Солай етип, теңлик болады. 15 Мухаддес Жазыўда: «Кѳп жыйнаған адамның артық нєрсеси, аз жыйнаған адамның кем нєрсеси болмады», – деп айтылғандай болады. 16 Мениң кеўлимдеги сизлерге деген интаны Титустың да кеўлине салған Кудайға шүкирлер болсын! 17 Ѳйткени ол тек бизлердиң ѳтинишимиз бойынша емес, ал ѳзинде сизлерге деген терең инта болғанлықтан, ѳз қєлеўи менен сизлерге баратыр. 18 Оның менен бирге бир туўысқанымызды да жиберип атырмыз. Ол Хош Хабарды жєриялаў бойынша барлық исениўши жємєєтлер тєрепинен мақтаўға ерискен адам. 19 Буның үстине, бул туўысқанымызды бизлер ислеп атырған усы қайырлы хызметте жолдас болсын деп, исениўши жємєєтлер сайлап қойған еди. Бизлер Ийемиздиң даңқы ушын ҳєм жєрдем бериўге инталы екенимизди кѳрсетиўимиз ушын усы қайырлы хызметти ислеп атырмыз. 20 Кѳп ақшалар менен байланыслы болған бул хызметимизде бизлерди ҳеш ким айыплай алмаўы ушын, бизлер сақлық пенен ис тутып атырмыз. 21 Себеби бизлер тек Ийемиздиң нєзеринде емес, ал адамлардың нєзеринде де дурыс болған нєрсени ислеўге тырысып атырмыз. 22 Бизлер жаңағы туўысқанларымыз бенен бирликте жєне бир туўысқанымызды да жиберип атырмыз. Бул туўысқанымызды талай мєртебе ҳєм ҳєр түрли жағдайларда сынап, оның инталы екенин кѳрдик. Енди оның сизлерге деген исеними күшейгенликтен, интасы да артып атыр. 23 Титусқа келсек, ол мениң шеригим ҳєм сизлер ушын мениң менен бирге мийнет ететуғын хызметши. Оның қасындағы еки туўысқанымыз – исениўши жємєєтлердиң ўєкиллери ҳєм Масихқа даңқ келтиретуғын адамлар. 24 Солай етип, сизлер бул адамларға деген сүйиспеншилигиңизди дєлиллеңлер. Бул арқалы оларды жиберген исениўши жємєєтлерге бизлердиң сизлер менен мақтанатуғынымыздың дурыс екенин кѳрсетиңлер.
1 Яҳудиядағы исениўшилерге жиберилетуғын бул жєрдемге байланыслы сизлерге жазыўдың ҳєжети жоқ. 2 Ѳйткени сизлердиң жєрдемге таяр екенлигиңизди билемен. «Ахая үлкесиндегилер ѳткен жылдан бери таяр», – деп мен Македониядағылар алдында сизлер менен мақтанып жүрмен. Сизлердиң интаңыз олардың кѳбисин ҳєрекетке келтирди. 3 Бул нєрседе сизлер менен мақтанғаным босқа шықпасын деп ҳєм ѳзим айтқанымдай, сизлерди таяр турасыз деп, усы туўысқанларымызды сизлерге жиберип атырман. 4 Себеби айырым македониялылар мениң менен бирге сизлерге барып, сизлердиң таяр емес екенлигиңизди кѳрсе, сизлерге қатты исенген бизлер уятқа қаламыз, сизлер де сѳзсиз уятқа қаласыз. 5 Сонлықтан мен усы туўысқанларымыздан ѳзимнен бурын сизлерге барыўды ҳєм сизлердиң ўєде еткен жєрдемиңизди алдын ала таярлап қойыўды ѳтиниш еткеним дурыс деп ойладым. Солай етип, сизлер беретуғын бул жєрдем мєжбүрий түрде берилген салықтай емес, ал ыразылық пенен берилген сыйдай болсын. 6 Мынаны умытпаңлар: сықмарланып еккен адам аз орады, сақыйлық пенен еккен адам кѳп орады. 7 Ҳєр бир адам қыйналып ямаса мєжбүрий түрде емес, ал кеўлинен шыққанын берсин. Ѳйткени Кудай ыразы болып берген адамды сүйеди. 8 Жєне де, Кудай сизлерди мол мийрим менен байытыўға қүдиретли. Солай етип, барлық ўақытта ҳємме нєрсеңиз жетерли болып, ҳєр қандай жақсы иске бай боласызлар. 9 Сонлықтан Мухаддес Жазыўда былай делинген: «Ол ѳзиникин сақыйлық пенен тарқатып, жарлыларға берди, Оның ҳақлығы мєңгиге бар болады». 10 Дийханға себиў ушын туқым, жеў ушын нан беретуғын Кудай сизлердиң сақыйлық пенен еккен егиниңиздиң зүрєєтин мол қылып береди ҳєм ҳақлығыңыздың жемисин арттырады. 11 Аўа, Кудай сизлерди ҳєр тєреплеме байытады. Солай етип, сизлер сақый боласызлар ҳєм бизлер сизлердиң сақыйлық пенен берген сыйларыңызды апарғанымызда, алған адамлар Кудайға шүкирлик билдиреди. 12 Сизлердиң бул хызметиңиз тек Яҳудиядағы исениўшилердиң мүтєжликлерин толықтырып қоймай, кѳп адамлардың Кудайға шексиз шүкирлик айтыўына себеп болады. 13 Сизлердиң бул хызметиңиз себепли, олар Кудайға алғыслар айтады. Себеби сизлердиң бул хызметиңиз ѳзлериңиз мойынлаған Масихтың Хош Хабарына бойсынатуғыныңызды, Яҳудиядағы мухаддеслер ҳєм кѳп басқа адамлар менен сақыйлық пенен бѳлисип атырғаныңызды дєлиллейди. 14 Жєне де, Кудайдың сизлерге берген мол мийрими себепли, Яҳудиядағылар сизлерди кѳриўди єрман етип, сизлер ушын дуўа етеди. 15 Сѳз бенен тєрийиплеп жеткизиў қыйын болған Кудайдың сыйы, яғный Оның Улы ушын Кудайға шүкирлер болсын!
1 «Бизлер менен бирге болған ўақтында жуўас, бирақ арамызда болмаған ўақтында қатал», – деп айырымларыңыз сѳз қылатуғын мен, Павел, Масихтың мүлєйимлилиги ҳєм сабырлылығы менен сизлерден ѳтинемен: 2 сизлерге барғанымда, ѳзимди қатал тутыўға мєжбүр қылмаңлар. Ѳйткени бизлерди бул дүньядағы адамлар сыяқлы денесиниң қєлеўи бойынша жасап атыр, деп санайтуғын гейбиреўлерге қарсы қатал боламан деген нийетим бар. 3 Бизлер дүньяда жасап атырған болсақ та, дүньяның жолы менен урыспаймыз. 4 Бизлердиң урысымыздың қураллары дүньяға тийисли қураллар емес, ал душпанның беккем қорғанларын қыйрататуғын Кудайдың қүдиретине ийе болған қураллар. 5 Сол қураллар менен сандырақ сѳзлерди ҳєм Кудайды билиўге тосқынлық қылатуғын ҳєр қандай менменликти жоқ қыламыз, Масихқа бойсынбайтуғын ҳєр бир ой-пикирди Масихқа тутқын етип бойсындырамыз. 6 Сизлер Масихқа толық бойсынғаныңызда, Оған бойсынбаған араңыздағы ҳєр бир адамды жазалаўға таярмыз. 7 Сизлер тек сыртқы кѳриниске қарап баҳа бересизлер. Егер ким де ким ѳзиниң Масихқа тийисли екенине исенсе, онда ол бизлердиң де Масихқа тийисли екенимизди билсин. 8 Ийемиздиң бизлерге берген бийлиги менен бираз кѳбирек мақтансам да, уялмайман. Бул бийлик сизлерди қулатыў ушын емес, ал тиклеў ушын берилген. 9 Мен хатларым менен сизлерди қорқытып атырғандай болып кѳрингим келмейди. 10 Себеби гейбиреўлер: «Хатларында ол қатал ҳєм күшли, бирақ жүзбе-жүз кѳрискенимизде ҳєлсиз ҳєм сѳзге де шебер емес», – дейди екен. 11 Бирақ, бундай адамлар билип қойсын: сизлерден узақта болып, хатларымызда не десек, араңызда болғанымызда да, солай ис тутамыз. 12 Ѳзлерин єҳмийетли етип кѳрсетип атырған айырым адамлар менен ѳзлеримизди теңлестиргимиз ямаса салыстырғымыз келмейди. Олар ѳзлерин ѳз ѳлшемлери менен баҳалайды ҳєм ѳзлерин ѳзлери менен ғана салыстырады. Олар қаншелли ақылсыз! 13 Бирақ, бизлер ҳєдден тыс дєрежеде мақтанбаймыз. Ал, Кудайдың бизлер ушын белгилеген жер шегарасы ишиндеги мийнетимиз бенен мақтанамыз. Бизлердиң араңызда ислеген мийнетимиз де усы жер шегарасы ишинде исленди. 14 Сизлер жасайтуғын жер усы жер шегарасы ишинде жайласқанлықтан, бизлер сизлерге Масихтың Хош Хабарын биринши болып жеткизгенимизде, шегарадан тыс шығып кетпедик. 15 Бизлер басқалардың мийнети менен мақтанып ҳєддимизден аспаймыз. Керисинше, исенимиңиздиң ѳсиўи менен араңыздағы мийнетимиздиң кѳлеми кеңейе бериўинен үмит етемиз. 16 Солай етип, бизлер Хош Хабарды сизлерден узағырақ жерлерге жєриялай аламыз. Ѳйткени басқаның ислеген хызмети менен мақтаныўды қєлемеймиз. 17 Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Мақтанатуғын адам Ийемиз бенен мақтансын». 18 Себеби ѳзин ѳзи мақтаған адам емес, ал Ийемиз мақтаған адам ҳақыйқаттан қєдирлениўге ылайықлы.
1 Мениң бираз ақылсыз адамдай болып енди айтатуғын сѳзлериме сизлердиң шыдаўыңызды қєлер едим. Аўа, мен сизлерден усыны ѳтиниш етемен! 2 Сизлерди Кудайдың қызғанышы менен қызғанаман. Ѳйткени мен сизлерди бир пєк қыз сыяқлы жалғыз күйеўге, яғный Масихқа усынып, Оған некеледим. 3 Бирақ, жыланның Ҳаўа-енени ҳийлекерлик пенен алдағанындай, сизлердиң ақыл-ойларыңыздың да бузылып, Масихқа деген ҳақыйқый ҳєм пєк садықлықтан аўып кетиўинен қорқаман. 4 Себеби биреў келип, бизлер жєриялаған Ийсаны басқаша қылып жєриялағанда, сизлер исенесизлер. Жєне де, ѳзлериңиз алған Мухаддес Руўхтан басқа бир руўхты ҳєм ѳзлериңиз қабыл еткен Хош Хабардан басқа бир «хош хабарды» аңсат қабыл етесизлер. 5 Сизлер «мєртебели елшилер» деп атайтуғын сол адамлардан мен ѳзимди ҳеш бир нєрседе кем санамайман! 6 Мен сѳзге шебер болмасам да, билимим жеткиликли. Буны сизлерге ҳєр қандай жағдайда ҳєм ҳєр тєреплеме ашық кѳрсеттик. 7 Сизлердиң мєртебели болыўыңыз ушын, мен ѳзимди пєс қойып, Кудайдың Хош Хабарын сизлерге ешейин жєрияладым. Мениң усылай ислегеним гүна ма? 8 Сизлерге хызмет етиў ушын, мен басқа исениўши жємєєтлерден ақшалай жєрдем алып, оларды тонағандай болдым. 9 Араңызда болған ўақтымда мүтєжлигим болса да, ҳеш бириңизге аўырманлық салмадым. Ѳйткени Македониядан келген туўысқанларымыз мүтєжликлеримниң орнын толтырды. Мен сизлерге ҳеш бир нєрседе аўырманлық салмаўға тырыстым ҳєм буннан былай да тырыса беремен. 10 Ѳзимдеги Масихтың ҳақыйқаты менен билдиремен: Ахая үлкесиндеги ҳеш бир адам мениң усы мақтаныўымды тоқтата алмайды. 11 Мен не себептен усылай ислеп атырман? Сизлерди сүймегеним себепли ме? Мениң сизлерди сүйетуғынымды Кудай биледи. 12 Ѳзлерин бизлерге теңлестирмекши болып мақтанып атырған сол адамларға жол бермеў ушын, мен сизлерге аўырманлық салмадым ҳєм солай ислеўди даўам ете беремен. 13 Себеби жалған елшилер ҳєм ѳтирик жумысшылар болған бундай адамлар ѳзлерин Масихтың елшилери қылып кѳрсетеди. 14 Бирақ, бул таң қаларлық нєрсе емес. Шайтан да ѳзин нур периштеси қылып кѳрсетеди-ғо. 15 Сонлықтан оның хызметшилериниң ѳзлерин ҳақыйқаттың хызметшилери қылып кѳрсетиўи де таң қаларлық нєрсе емес. Кудай ақырында бундай адамларға ислеген ислерине қарай ылайықлы жаза береди. 16 Мен жєне тєкирарлап айтаман: ҳеш ким мени ақылсыз деп санамасын. Егер сизлер ақылсыз деп санасаңыз, мени ҳеш болмаса ақылсыз адам сыпатында қабыл етиңлер, сонда мен де аз-маз мақтанайын. 17 Сѳйлеп атырған сѳзлеримди Ийемиздиң басқарыўында айтып атырған жоқпан, ал ѳзине исенетуғын ақылсыз мақтаншақтай болып айтып атырман. 18 Кѳплер ѳзлери менен дүньяның кѳз қарасы бойынша мақтанғанлықтан, мен де мақтанажақпан. 19 Сизлер ѳзлериңизди сондай ақыллымыз деп санап турып, ақылсызларға жан-жан деп шыдайсызлар! 20 Биреў сизлерди қул қылса да, ҳақыңызды жесе де, таласа да, ѳзин сизлерден жоқары тутып, үстемлик етсе де ямаса бетиңизге шапалақ пенен урса да шыдайсызлар. 21 Бирақ, сизлердиң ойыңыз бойынша ҳєлсиз болып есапланған бизлер бундай ислерди ислеўге уяламыз! Деген менен, биреўдиң не менен болса да мақтаныўға батылы барса, мениң де мақтаныўға батылым жетеди. Мен буны ақылсыз адам сыяқлы айтып атырман. 22 Сол жалған елшилер яҳудиймиз дей ме? Мен де яҳудиймен. Олар израиллылармыз дей ме? Мен де израиллыман. Олар Ибрайымның урпағымыз дей ме? Мен де Ибрайымның урпағыман. 23 Олар Масихтың хызметкерлеримиз дей ме? Ақылдан азған адам сыяқлы айтып атырман: мен Масихқа олардан гѳре кѳбирек хызмет еттим. Мен оларға қарағанда кѳбирек мийнет еттим, кѳп мєртебе қамақта болдым, сансыз рет таяқ жедим ҳєм талай мєртебе ѳлим менен жүзбе-жүз ушырастым. 24 Яҳудийлерден бир кем қырықтан, бес рет қамшы жедим. 25 Үш мєртебе таяқ жедим, бир мєртебе тас пенен урды. Үш мєртебе кемеде апатқа ушырап, бир күн, бир түн теңизде ығып жүрдим. 26 Кѳп мєртебе сапарға шыққанымда, қєўип астында болдым: дєрьялардағы суў тасқыны себепли, қарақшылар себепли, ѳз миллетимниң адамлары себепли ҳєм басқа миллет адамлары себепли, жєне қалада, шѳлде, теңизде ҳєм жалған туўысқанлар себепли қєўип-қєтерге ушырадым. 27 Аўыр мийнет етип, қыйыншылық кѳрдим. Кѳп түнлерди уйқысыз ѳткиздим, ашлық ҳєм шѳлди басымнан кеширдим. Талай мєртебе аўқатсыз қалып, суўықта кийимсиз болдым. 28 Булардың ҳєммесинен тысқары, күн сайын барлық исениўши жємєєтлердиң ғам-тєшиўишлери еңсемди басып, мени ойландырады. 29 Кайсы дєрменсизлер менен, мен бирге дєрменсизленбедим? Кайсы азғырылған адам ушын, мен күйип-жанбадым? 30 Сизлер мени мақтаныўға мєжбүр еткениңиз себепли, мен ҳєлсизлигимди кѳрсеткен нєрселер менен мақтанаман. 31 Ийемиз Ийсаның Єкеси, мєңгиге алғысланатуғын Кудай биледи: мен ѳтирик сѳйлеп атырған жоқпан. 32 Мен Дамаск қаласында болғанымда, Аретас патшаның қол астындағы бир ҳєким қала дєрўазасын қараўыллатып, мени қолға алмақшы болды. 33 Бирақ, исениўши туўысқанларымыз мени себетке салып, қала дийўалындағы терезеден түсирип жиберди ҳєм мен усылай етип оның қолынан қашып қутылдым.
1 Мақтаныўдың ҳеш қандай пайдасы жоқ болса да, енди мен Ийемиз кѳрсеткен кѳринислер ҳєм аянлар ҳаққында айтпақшыман. 2 Мен Масихқа исенетуғын бир адамды таныйман. Ол буннан он тѳрт жыл бурын үшинши аспанға кѳтерилип єкетилген еди. Ол сол ўақытта денеде болды ма ямаса денеден шығып руўхта болды ма, мен буны билмеймен, Кудай биледи. 3 - 4 Бул адам ҳаққында мынаны билемен: ол жєннетке кѳтерилип апарылды. Ол сол жерде айтып жеткизиў мүмкин болмаған ҳєм адам баласына айтыўға рухсат етилмеген сѳзлерди еситти. Бирақ, ол денеде болды ма ямаса денеден шығып, руўхта болды ма билмеймен, буны Кудай биледи. 5 Мен усындай адам менен мақтанаман. Бирақ, ѳзиме келсем, тек ѳзимдеги ҳєлсизликтен басқа ҳеш нєрсем менен мақтанбайман. 6 Мақтаныўды қєлеген жағдайымда да мен ақылсыз болмайман. Ѳйткени мен ҳақыйқатты айтып атырман. Бирақ, ҳеш ким мен туўралы ҳєдден тыс жоқары пикирге ийе болмай, мени тек меннен еситкенлери ямаса кѳргенлери бойынша баҳалаўы ушын, мен ѳзимди мақтаныўдан тыйып атырман. 7 Кудайдың маған берген єжайып аянлары себепли ѳзимди жоқары тутпаўым ушын, Ол денеме бир тикен, яғный мени қыйнайтуғын шайтанның бир периштесин берип, мени менменликтен сақлап киятыр. 8 Буны меннен алып таслаўды сорап, Ийемизге үш мєртебе жалбарынған едим. 9 Бирақ, Ийемиз маған: «Саған берген мийримим жетеди. Себеби Мениң қүдиретим ҳєлсизлик арқалы толық кѳрсетиледи», – деди. Сонлықтан Масихтың қүдирети менде болсын деп, мен ҳєлсизликлериме еле де кѳбирек қуўанып, олар менен мақтана беремен. 10 Сол себептен Масих ушын ҳєлсизликлерге, масқараланыўға, мүтєжликлерге, қуўдаланыўға ҳєм қыйыншылықларға ушырағанымда, мен қуўанышлыман. Ѳйткени мен қашан ҳєлсиз болсам, сонда күшлимен. 11 Мен мақтанып, ақылсыз адам болып кѳриндим. Бирақ мени буған сизлер мєжбүр еттиңиз-ғо. Негизинде мени сизлер мақтаўыңыз керек еди. Себеби мен ҳеш ким болмасам да, сизлер «мєртебели елшилер» деп атайтуғын сол адамлардан ҳеш қандай кемшилигим жоқ. 12 Мениң Кудайдың ҳақыйқый елшиси екенимди дєлиллейтуғын кѳп белгилер, таң қаларлық ислер ҳєм кєраматлар сизлердиң араңызда күшли сабырлылық пенен кѳрсетилди. 13 Сизлерден ақшалай жєрдем сорап, ѳз аўырманлығымды салмағаным себепли, басқа исениўши жємєєтлерден сизлерди кем кѳргендей болдым ба? Егер мени қєте иследи деп ойласаңыз, мени кешириң! 14 Минекей, мен сизлерге үшинши мєртебе келиўге таярман. Бирақ, мен сизлерге аўырманлық салмайман. Маған сизлердиң мал-мүлкиңиз емес, ал сизлердиң ѳзлериңиз керексиз. Ѳйткени балалар ата-анасы ушын емес, ал ата-ана балалары ушын мал-мүлик жыйнаўы тийис. 15 Сол сыяқлы мен де сизлер ушын ѳзимде бар ҳємме нєрсени, ҳєтте, ѳз жанымды да бериўге қуўанышлы түрде таярман. Мен сизлерди соншелли сүйсем де, сизлердиң мени азырақ сүйиўиңиз дурыс болмайды. 16 Мениң сизлерге аўырманлық салмағанымды сизлер де тастыйықлайсызлар. Бирақ, гейбир адамлардың айтыўы бойынша, мен ҳийлекер адам болғаным себепли, сизлерди алдаў жолы менен қолға киргизген қусайман. 17 Деген менен, ѳзим сизлерге жиберген адамлардың бири арқалы болса да, сизлердиң есабыңыздан пайдаландым ба? 18 Мен Титустан сизлерге барыўды ѳтинип, оның менен бирге басқа бир туўысқанымызды да жиберген едим. Титус сизлердиң есабыңыздан пайдаланған ба еди? Єлбетте, яқ. Себеби бизлер бир руўх пенен ис-ҳєрекет етип, бир жол менен жүремиз-ғо. 19 Бизлерди усы ўақытқа дейин алдыңызда ақланып киятыр деп ойлап атырсыз ба? Яқ, олай емес. Бизлер Масихқа тийисли адамлар сыпатында Кудай алдында сѳйлеп турмыз. Сүйикли туўысқанларым, бизлер не ислейтуғын болсақ та, ҳєр бир нєрсени сизлердиң руўхый беккемлениўиңиз ушын ислеймиз. 20 Ѳйткени мен сизлерге барған ўақтымда, сизлерди ѳзим қєлегендей емес аўҳалда кѳремен бе деп ҳєм сизлер де мени ѳзлериңиз күтпеген аўҳалда кѳресиз бе деп қєўетердемен. Сизлерге барғанымда, араңызда жєнжел, күншиллик, ғєзеп, даў, жала, ѳсек, менменлик ҳєм тєртипсизлик бар екенин кѳриўден қорқаман. 21 Тағы да, сизлерге жєне барғанымда, Кудайдың мени сизлер себепли уялтыўынан, бурын гүна ислеп, ѳзлериниң ҳарамылығы, бузықшылығы ҳєм жүўенсизлиги ушын тєўбе етпеген кѳп адамлар ушын кѳз жасымды тѳгиўден қорқаман.
1 Мен сизлерге үшинши мєртебе баражақпан. Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Ҳєр бир ис еки ямаса үш адамның гүўалығы тийкарында қаралады». 2 Буннан алдын араңызда екинши мєртебе болғанымда ескерткен едим. Енди ҳєзир сизлерден узақта болғанымда да тєкирарлап ескертип атырман: мен сизлерге жєне барғанымда, бурын гүна ислегенлердиң де, басқа ҳємме адамлардың да ҳеш бирин аямайман! 3 Себеби сизлер Масихтың мен арқалы сѳйлейтуғынына дєлил излейсизлер. Масих сизлерге деген ис-ҳєрекетинде ҳєлсиз емес, Ол сизлердиң араңызда Ѳз қүдиретин кѳрсетеди. 4 Ол ҳєлсиз болып атанақ ағашқа шегеленсе де, ҳєзир Кудайдың қүдирети менен жасап атыр. Масих пенен қатнаста болған бизлер де ҳєлсиз болсақ та, Оның менен бирге Кудайдың қүдирети арқалы сизлердиң пайдаңыз ушын жасаймыз. 5 Исенимде турған я турмағаныңызды билиўиңиз ушын, ѳз-ѳзиңизди сынап кѳриңлер. Ийса Масихтың ишиңизде екенлигин билмейсизлер ме? Егер билмесеңиз, сынаўдан ѳте алмай жығылған болар едиңиз. 6 Бизлердиң сынаўдан ѳткенимизди билетуғыныңыздан мен үмит етемен. 7 Ҳеш қандай жаманлық ислемеўиңизди сорап, бизлер Кудайға дуўа етемиз. Бундағы мақсетимиз ѳзлеримиздиң сынаўдан ѳткенимизди кѳрсетиў емес, ал бизлер сынаўдан ѳтпеген болып кѳринсек те, сизлердиң жақсылық ислеўиңизден ибарат. 8 Ѳйткени бизлер ҳақыйқатқа қарсы ҳеш нєрсе ислей алмаймыз, ал тек ҳақыйқат ушын ҳєрекет етемиз. 9 Ѳзлеримиз ҳєлсиз, ал сизлер күшли болсаңыз, бизлер қуўанамыз. Бизлер сизлердиң туўрыланып, жетилисип барыўыңыз ушын да дуўа етемиз. 10 Сонлықтан сизлерге келген ўақтымда Ийемиздиң маған берген бийлиги менен қаталлық қолланыўға мєжбүр болмаўым ушын, бул нєрселерди араңызда болмаған ўақтымда жазып атырман. Мен бул бийликти сизлерди қулатыў ушын емес, ал тиклеў ушын алғанман. 11 Кулласы, туўысқанларым, хош болыңлар. Жетилисип барыңлар, мениң айтқанларыма қулақ асыңлар, бир ой-пикирли болыңлар ҳєм татыўлықта жасаңлар. Сүйиспеншилик ҳєм тынышлық тийкары болған Кудай сизлер менен бирге болады. 12 Бир-бириңизди мухаддес поса менен сүйип сєлемлесиңлер. Барлық исениўшилер сизлерге сєлем айтып атыр. 13 Ийемиз Ийса Масихтың мийрими, Кудайдың сүйиспеншилиги ҳєм Мухаддес Руўхтың шериклиги ҳєммеңизге яр болсын!
1 - 2 Адамлар тєрепинен ямаса адамлар арқалы емес, ал Ийса Масих ҳєм Оны ѳлимнен тирилткен Єкемиз Кудай тєрепинен елши болып тайынланған мен, Павелден ҳєм мениң менен бирге болған барлық туўысқанлардан, Галатиядағы исениўши жємєєтлерге сєлем! 3 Єкемиз Кудай ҳєм Ийемиз Ийса Масих сизлерге мийрим ҳєм тынышлық берсин! 4 Єкемиз Кудайдың ерки бойынша, Ийса Масих бизлерди ҳєзирги жаўыз заманнан қутқармақшы болып, гүналарымыз ушын Ѳзин қурбан етти. 5 Кудайымызға мєңгиге даңқ болсын! Аўмийин. 6 Сизлерди Масихтың мийрими арқалы шақырған Кудайдан соншелли тез жүз бурып, басқа бир «хош хабар» ға аўып кеткениңизге ҳайранман. 7 Негизинде басқа бир «хош хабар» жоқ. Ал, сизлердиң ақылыңызды шатастырып, Масихтың Хош Хабарын бурмаламақшы болып атырғанлар ғана бар. 8 Бирақ егер де бизлер ямаса аспаннан бир периште келип, ѳзлеримиз сизлерге айтқан Хош Хабарға қарсы «хош хабар» жєриялап атырған болса, ол Кудайдың ғарғысына ушырасын! 9 Бурын айтқанымызды жєне қайталап айтаман: егер ким де ким сизлер қабыл еткен Хош Хабарға қарсы бир «хош хабар» ды жєриялап атырған болса, ол Кудайдың ғарғысына ушырасын! 10 Енди мен адамлардың мақтаўын қєлеп атырман ба ямаса Кудайдың ба? Я болмаса, адамларға жағыныўға тырысып атырман ба? Егер елеге дейин адамларға жағынбақшы болғанымда, онда мен Масихтың хызметшиси бола алмас едим. 11 Туўысқанларым, мен жєриялаған Хош Хабарды адам ойлап шығармағанын билиўиңизди қєлеймен. 12 Мен бул Хош Хабарды адамнан қабыл етпедим ҳєм ҳеш кимнен үйренбедим. Оны маған Ийса Масихтың Ѳзи аян арқалы билдирди. 13 Мен яҳудий дининде болғанымда, қалай ѳмир сүргеним ҳаққында еситкенсизлер. Кудайдың жємєєтин аяўсыз қуўдалап, оны қуртыўға тырысатуғын едим. 14 Яҳудий дининде ѳз миллетимдеги кѳп қатар-қурбыларымнан озып, ата-бабаларымыздың үрп-єдетлерин орынлаўға жан-тєним менен ғайрат салатуғын едим. 15 - 16 Бирақ мени анамның қарнында болғанымда-ақ таңлап, Ѳз мийрими менен шақырған Кудай басқа миллетлер арасында Хош Хабарды жєриялаўым ушын, маған Улын ашып билдириўге ыразы болды. Сонда мен адамлар менен мєслєҳєтлесип отырмадым. 17 Ерусалимге, яғный меннен бурын елши болғанларға да бармадым. Ал дєрҳал Арабстанға кетип, кейин жєне Дамаскқа қайтып келдим. 18 Соңынан үш жыл кейин Петр менен танысыў ушын Ерусалимге бардым. Оның жанында он бес күн болдым. 19 Бирақ, басқа елшилердиң ҳеш бирин кѳрмедим, тек Ийемиз Ийсаның иниси Яқыпты ғана кѳрдим. 20 Сизлерге жазып атырғанларымның ѳтирик емес екенлигин Кудайдың алдында билдирип атырман. 21 Буннан соң, мен Сирия ҳєм Киликия үлкелерине кеттим. 22 Ал Яҳудиядағы Масихқа тийисли жємєєтлер мени жүзбе-жүз танымайтуғын еди. 23 Олар тек: «Бир ўақытлары бизлерди қуўдалаған адам бурын ѳзи жоқ қылмақшы болған исеним ҳаққында енди ѳзи жєриялап жүр», – дегенди еситип, 24 мен ушын Кудайды алғыслаған еди.
1 Арадан он тѳрт жыл ѳткеннен соң, Барнаба менен бирликте жєне Ерусалимге бардым. Жаныма Титусты да алдым. 2 Ол жерге Кудайдан алған аяным себепли бардым. Сол жердеги жємєєт жетекшилери менен жеке сѳйлесип, басқа миллетлер арасында ѳзим жєриялап жүрген Хош Хабарды баян еттим. Ислеген мийнетим ҳєм ҳєзир ислеп атырған ис-ҳєрекетимниң зая кетпеўи ушын усылай иследим. 3 Ал олар мениң жанымдағы Титустың грек болыўына қарамай, оны сүннет етилиўге мєжбүрлемеди. 4 Бирақ арамызға жасырын кирген айырым жалған туўысқанлар бар еди. Олар бизлерге Ийса Масих берген азатлықты кѳре алмай, бизлерди яҳудийлердиң нызамының қулы қылмақшы еди. 5 Ал бизлер Хош Хабардың ҳақыйқаты сизлер менен бєрқулла бирге болсын деп, оларға бир дем де бойсынып, тєслим болмадық. 6 Ерусалим жємєєтиниң жетекшилери қаншелли атақлы болса да, мен ушын бєри бир: Кудай адамларды айырмайды. Олар мениң жєриялаў исиме қосымша ҳеш нєрсе жүклемеди. 7 Керисинше, Хош Хабарды яҳудийлерге жєриялаў иси Петрге исенип тапсырылғандай, басқа миллетлерге жєриялаў иси маған исенип тапсырылғанын олар билди. 8 Себеби Петрди яҳудийлер ушын елши етип тайынлаған Кудай мени де басқа миллетлер ушын елши етип тайынлады. 9 Жємєєтлердиң тиреклери есапланған Яқып, Кифа ҳєм Юхан Кудайдың маған берген мийримин мойынлап, маған ҳєм Барнабаға бирдемлик қолларын созды. Солай етип, бизлердиң басқа миллетлерге, ал ѳзлериниң яҳудийлерге кетиўин мақул кѳрди. 10 Тек еле де жарлыларға жєрдем бериўди естен шығармаўымызды ѳтиниш етти. Мен де бул исти шын кеўилден ислеўге тырысып киятырған едим. 11 Кифа Антиохияға келгенде, оның қєтесин бетине айтып єшкара еттим. 12 Ѳйткени Яқыптың жанынан базы адамлар келместен алдын Кифа басқа миллет исениўшилери менен бирге аўқат жейтуғын еди. Бирақ сол яҳудийлер келгенде қорқып, сүннет етилмеген басқа миллет исениўшилеринен ѳзин шетке алды ҳєм олар менен байланысты үзди. 13 Басқа яҳудийлер де Кифаға уқсап еки жүзлилик иследи. Ҳєтте, Барнаба да олардың еки жүзлилигине берилди. 14 Олардың Хош Хабардың ҳақыйқаты бойынша ис тутпай атырғанын кѳргенимде, ҳєммениң алдында Кифаға былай дедим: «Сен яҳудий бола тура, яҳудий сыяқлы емес, ал басқа миллет адамы сыяқлы жасап атырсаң. Енди қалайынша сен басқа миллет адамларын яҳудийлесиўге мєжбүрлейсең? 15 Бизлер яҳудий болып туўылдық, басқа миллетлер сыяқлы гүнакар емеспиз. 16 Бирақ та, адам Мухаддес Нызамды орынлап жасағаны арқалы емес, ал Ийса Масихқа деген исеними арқалы ақланатуғынын билемиз. Сонлықтан бизлер де Мухаддес Нызамды орынлап жасағанымыз арқалы емес, ал Масихқа деген исенимимиз бенен ақланамыз деп, Ийса Масихқа исендик. Себеби ҳеш бир адам Мухаддес Нызамды орынлап жасағаны арқалы ақланбайды». 17 Егер Ийса Масих арқалы ақланыўды излеп, ѳзлеримиз гүнакар болып шықсақ, Масих бизлерди гүнаға жетелеўши болғаны ма? Ҳеш қашан! 18 Егер мен ѳзим бузған яҳудий үрп-єдетлерин қайтадан тиклесем, онда мен ѳзимниң нызам бузыўшы екенимди дєлиллеген боламан. 19 Кудай алдында жасаў ушын, Мухаддес Нызам арқалы мен Мухаддес Нызам алдында ѳлгенмен. 20 Мен Масих пенен бирге атанақ ағашқа шегеленгенмен. Енди жасап атырған мен емес, ал менде Масих жасап атыр. Ҳєзир денеде жасап атырған ѳмиримде мени сүйген ҳєм мен ушын Ѳзин қурбан еткен Кудайдың Улына деген исенимим менен жасап атырман. 21 Мен Кудайдың мийримин қєдирсиз деп есапламайман. Егер де Мухаддес Нызам арқалы ақланыў мүмкин болғанда, онда Масих бийкарға ѳлген болар еди.
1 Ҳєй, ақылсыз галатиялылар! Сизлерди ким сыйқырлап таслады? Ийса Масихтың атанақ ағашқа шегеленип қойылғаны кѳз алдыңыздан кетпестей етип сүўретленип берилген жоқ па еди? 2 Сизлерден бир нєрсени ғана билмекшимен: сизлер Мухаддес Руўхты қалай алдыңлар? Мухаддес Нызамды орынлап па ямаса ѳзлериңиз еситкен Хош Хабарға исенип пе? 3 Сизлер соншелли ақылсыз болғаныңыз ба? Мухаддес Руўх пенен баслап, енди неге адамның ис-ҳєрекети менен минсизликке ерисиўге тырысып атырсызлар? 4 Бийкарға сонша азап шектиңиз бе?! Ҳақыйқаттан да, бийкарға ма?! 5 Сизлерге Мухаддес Руўхын берген ҳєм араңызда кєраматлар кѳрсеткен Кудай буны Мухаддес Нызамды орынлағаныңыз ушын ислеп атыр ма ямаса ѳзлериңиз еситкен Хош Хабарға исенгениңиз ушын ба? 6 Ибрайымның мысалын алып қарайық: «Ол Кудайға исенди ҳєм сол себептен Кудай оны ақланған деп санады». 7 Солай етип, мынаны билип қойыңлар: исенгенлердиң ҳєммеси Ибрайымның ҳақыйқый урпақлары болады. 8 Мухаддес Жазыў Кудайдың басқа миллетлерди исеними арқалы ақлайтуғынын болжап, Ибрайымға: «Барлық халықлар сен арқалы жарылқанады», – деп қуўанышлы хабарды алдын ала жиберген еди. 9 Солай етип, исенгенлер исениўши Ибрайым менен бирге жарылқанады. 10 Мухаддес Нызамды орынлаўы арқалы ақланатуғынына исенетуғынлардың ҳєммесине нєлет жаўады. Ѳйткени Мухаддес Нызамда былай деп жазылған: «Мухаддес Нызам китабында жазылған ҳємме нєрсени бєрқулла орынлап жасамайтуғын ҳєр бир адам нєлетий болады». 11 Мухаддес Нызамды орынлаўы арқалы ҳеш бир адам Кудай алдында ақлана алмайтуғыны анық. Себеби: «Исеними менен ақланған жасайды», – деп жазылған. 12 Мухаддес Нызамның тийкары исеним емес. Керисинше: «Мухаддес Нызамда буйырылғанларды орынлаған олар арқалы жасайды», – деп жазылған. 13 - 14 Масих бизлер ушын нєлетленгенликтен, Кудайдың Ибрайымға берген жарылқаўы Масих Ийса арқалы басқа миллетлерге несип етеди ҳєм бизлер ўєде етилген Мухаддес Руўхты исенимимиз арқалы аламыз. Масих бизлерди Мухаддес Нызамның нєлетинен қутқарды. Ѳйткени: «Ағашқа асылған ҳєр бир адам нєлетий», – деп жазылған. 15 Туўысқанларым! Адамлар ѳмиринен мысал келтирейин: адамлар арасында дүзилген келисимди бийкарлаўға ямаса оған бир нєрсе қосыўға болмайды. 16 Кудай Ибрайымға ҳєм оның урпағына ўєде бергенде: «сениң урпағыңнан болғанларға» деп кѳп адамларды нєзерде тутып айтқан жоқ, ал «сениң урпағыңнан болғанға» деп, тек бир адамды, яғный Ийса Масихты нєзерде тутып айтқан еди. 17 Мениң айтажағым мынаў: тѳрт жүз отыз жылдан соң пайда болған Мухаддес Нызам Кудайдың алдын ала дүзген келисимин бийкарлап, ўєдесиниң күшин жоқ қылмайды. 18 Себеби егер Кудайдың берген мийрасы Мухаддес Нызамды орынлаў арқалы берилгенде, онда ол ўєде бойынша болмайды. Бирақ Кудай мийрасты Ибрайымға ўєде бойынша берди. 19 Ондай болса, Мухаддес Нызам не ушын берилген? Ол гүналарымызды ашып кѳрсетиў ушын, келисимге қосымша етип берилген. Ѳзи Кудайдың ўєдеси ҳєм Ибрайымның урпағы болған Масих келгенге дейин ғана Мухаддес Нызам ҳєрекет етеди. Ол периштелер арқалы тєўеллешиниң қолы менен берилген еди. 20 Ал тєўеллеши тек бир тєрепке тийисли емес. Бирақ Кудай – жалғыз. 21 Олай болса, Мухаддес Нызам Кудайдың ўєделерине қарсы ма? Ҳеш қашан! Ѳйткени егер де ѳмир бере алатуғын нызам берилген болса, онда адамлар, єлбетте, нызам арқалы ақланар еди. 22 Бирақ, Ийса Масихқа деген исенимге тийкарланған ўєде исенгенлерге берилиў ушын, Мухаддес Жазыў пүткил барлықты гүнаның тутқыны деп жєриялады. 23 Бул исеним пайда болыўдан алдын бизлер Мухаддес Нызамның бақлаўы астында болып, келешек исенимниң айқынласыўына шекем Мухаддес Нызамның тутқыны едик. 24 Басқаша айтқанда, исеним арқалы ақланыўымыз ушын, Масих келиўге дейин Мухаддес Нызам тєрбияшымыз болды. 25 Бирақ исеним пайда болғаннан соң, бизлер енди тєрбияшымыз болған Мухаддес Нызамның қол астында емеспиз. 26 Себеби Масих Ийсаға исенгениңиз ушын, ҳєммеңиз Кудайдың балаларысыз. 27 Суўға шомылдырылғанда Масих пенен бирлесип, ҳєр бириңиз Масих сыяқлы болдыңлар. 28 Ендигиден былай, яҳудий менен гректиң, қул менен азат адамның, еркек пенен ҳаялдың арасында ҳеш қандай айырмашылық жоқ. Ѳйткени ҳєммеңиз Масих Ийсада бирсиз. 29 Егер Масихқа тийисли болсаңыз, онда Ибрайымның урпағысыз, Кудайдың ўєдеси бойынша мийрасхорларсыз.
1 Жєне айтажағым мынаў: мийрасхор ҳємме нєрсениң ийеси болса да, бала ўақтында оның қулдан айырмашылығы жоқ. 2 Ол єкесиниң белгилеген ўақтына дейин тєрбияшылар менен үй басқарыўшысының бақлаўы астында болады. 3 Усы сыяқлы, бизлер де балалық ўақтымызда, яғный ҳақыйқатлықты толық түсинбеген ўақтымызда дүньяның мєниссиз қағыйдаларының қулы едик. 4 - 5 Бирақ ўақты келгенде, Кудай Ѳз Улын жиберди. Ол Мухаддес Нызамның қулы болғанлардың қутқарылыўы ушын ҳєм бизлердиң Кудайдың балалары болыўымыз ушын ҳаялдан туўылып, Мухаддес Нызамға бойсынып жасады. 6 Сизлер енди Кудайдың балалары болдыңлар. Сонлықтан Ол Ѳз Улының Руўхын жүреклериңизге жиберди. Усы Руўх арқалы сизлер Кудайды: «Єке, Єкежаным!» деп шақырыўыңызға болады. 7 Сол себептен сен енди қул емессең, ал Кудайдың перзентисең. Кудайдың перзенти болғаның ушын, Кудай сени мийрасхор етти. 8 Бурын сизлер Кудайды билмей, негизи Кудай болмаған нєрселерге қул болдыңлар. 9 Енди болса, Кудайды билип алдыңлар, туўрырағы, сизлерди Кудай таныйды. Солай екен, неге енди жєне дүньяның ҳєлсиз ҳєм қєдирсиз қағыйдаларына қайтып баратырсызлар. Кайтадан жєне олардың қуллары болмақшымысызлар? 10 Күнлер, айлар, мєўсимлер ҳєм жылларды белгилейсизлер. 11 Сизлер ушын бийкарға мийнет еттим бе, деп тєшиўиштемен. 12 Туўысқанларым! Сизлерден ѳтиниш етемен, мен сыяқлы болыңлар. Себеби мен де сизлер сыяқлы болдым. Сизлер маған ҳеш қандай жаманлық ислемедиңлер. 13 Хош Хабарды сизлерге биринши мєрте ден-саўлығымның ҳєлсизлиги себепли жєриялағанымнан хабарыңыз бар. 14 Мениң ден-саўлығымның жағдайы сизлер ушын бир сынақ болса да, менменсип, маған тєкаббирлик етпедиңлер. Керисинше, мени Кудайдың бир периштесиндей, ҳєтте, Ийса Масихтай қабыл еттиңлер. 15 Енди сол қуўанышыңыз қаяқта?! Сизлерге ѳзим гүўаман: қолларыңыздан келсе, кѳзлериңизди ойып, маған берер едиңлер. 16 Енди сизлерге ҳақыйқатты айтаман деп, душпаныңыз болдым ба? 17 Мухаддес Нызамды орынлаўды талап еткенлер сизлерди ѳз тєрепине аўдарыўға тырысып атыр, бирақ бул жақсы нийет емес. Ѳзлерине бағыныўға тырысыўыңыз ушын, олар сизлерди бизлерден айырмақшы. 18 Жақсы нийет пенен тырысыў – бул жақсы нєрсе. Бул тек мен сизлердиң араңызда болғанымда емес, ал бєрқулла усылай болса жақсы. 19 Балаларым! Масих сыяқлы болмағаныңызша, мен сизлерди қайтадан туўып атырғандай, толғақ азабын шекпектемен. 20 Ҳєзир жаныңызда болып, даўысымды мүлєйим қылып ѳзгертсем еди. Ѳйткени сизлерди не қыларымды билмей, аң-таң болып турман. 21 Мухаддес Нызам астында жасаўды қєлеген сизлер маған айтыңларшы, Мухаддес Нызамның не дейтуғынын билмейсизлер ме? 22 Себеби Ибрайымның еки улы болды: биреўи шоры ҳаялдан, екиншиси азат ҳаялынан еди, деп жазылған. 23 Шоры ҳаялдан болған улы єпиўайы жол бойынша, ал азат ҳаялдан болған улы ўєде бойынша туўылды. 24 Бунда тымсал мєниси бар. Бул еки ҳаял еки келисимди аңлатады. Биреўи қуллықта болатуғын балаларды туўатуғын Ажар – Синай таўында дүзилген келисимниң тымсалы. 25 Арабстандағы Синай таўының тымсалы болған Ажар ҳєзирги Ерусалимди аңлатады. Ѳйткени бул қала ѳз халқы менен еле де Мухаддес Нызамның қуллығында. 26 Бирақ, аспандағы Ерусалимниң тымсалы болған Сара азат, ол бизлердиң анамыз. 27 Себеби былай деп жазылған: «Ҳєй, бала туўмайтуғын нєсилсиз ҳаял шад бол! Толғақ азабын билмейтуғын ҳаял, Даўысыңды кѳтерип, бақыр! Ѳйткени жалғыз баслы ҳаялдың балалары, Күйеўи бар ҳаялдың балаларынан кѳп». 28 Туўысқанлар! Сизлер де Ысақ сыяқлы ўєде бойынша туўылған балаларсыз. 29 Єпиўайы жол менен туўылған Мухаддес Руўхтың ўєдеси бойынша туўылғанды қалай қуўдалаған болса, ҳєзир де солай болып атыр. 30 Бирақ, Мухаддес Жазыў не дейди? «Шорыны ҳєм оның баласын қуўып жибер, Себеби шорының улы, Азат ҳаялдың улы менен бирликте, Мийрасқа шерик бола алмайды». 31 Солай етип, туўысқанлар, бизлер шоры ҳаялдың емес, ал азат ҳаялдың балаларымыз.
1 Масих бизлерди еркин ѳмир сүриўимиз ушын азат қылды. Сонлықтан беккем турыңлар, ѳзлериңизге қайтадан қуллық мойынтырығын салыўға жол қоймаңлар. 2 Караңлар! Мен, Павел, сизлерге мыналарды айтып атырман: егер сүннет етилсеңиз, Масихтың сизлерге ҳеш пайдасы жоқ. 3 Сүннет етилген ҳєр бир адамды жєне ескертип атырман: ол пүткил Мухаддес Нызамды орынлаўға парызлы. 4 Мухаддес Нызамды орынлаў арқалы ақланыўға тырысып атырған сизлер Масихтан айырылдыңлар. Кудайдың мийриминен алысладыңлар. 5 Бирақ бизлер Мухаддес Руўх себепли исеним арқалы ақланыўдан үмит етип, интизарлық пенен күтпектемиз. 6 Ийса Масихқа исенетуғынлар ушын сүннетлениўдиң де, сүннетленбеўдиң де ҳеш қандай єҳмийети жоқ. Тек сүйиспеншилик пенен ҳєрекет еткен исеним ғана єҳмийетли. 7 Сизлер жақсы баратыр едиңлер. Ҳақыйқатқа бойсыныўды даўам етиўден сизлерди ким айнытты? 8 Бундай айнытыў сизлерди шақырған Кудай тєрепинен болмады. 9 Аз ғана ашытқы пүткил қамырды ашытады. 10 Сизлердиң басқаша пикир жүргизбейтуғыныңызға Ийем Ийса алдында исенимим кємил. Бирақ, сизлердиң ақылыңызды шатастырған ким болыўына қарамай, жазасын тартады. 11 Маған келетуғын болсақ, туўысқанларым, егер елеге дейин сүннеттиң керек екенлигин жєриялап келгенимде, қуўдаланар ма едим? Егер олай болғанда, атанақ ағаш ҳаққында айтқан ўазларым себепли машқала туўылмас еди. 12 Кєне енди, сизлерди үгитлеп атырғанлардың ҳєммеси ѳзлерин ақта етсе! 13 Туўысқанлар! Кудай сизлерди азат болыўға шақырған. Тек азатлығыңызды ѳз тєбиятыңыздың қєлеўлериниң қурбаны қылмаң. Оның орнына бир-бириңизге сүйиспеншилик пенен хызмет етиңлер. 14 Пүткил Мухаддес Нызам бир сѳзде жємленген: «Ѳзиңди қалай сүйсең, жаныңдағы адамды да солай сүй». 15 Бирақ бир-бириңиз бенен тислесип, бир-бириңизди жесеңлер, онда бир-бириңизди жоқ етиўден абайлы болыңлар! 16 Жєне айтажағым мынаў: Мухаддес Руўхқа бойсынып жасаңлар! Сонда ѳз тєбиятыңыздың жаман қєлеўлерине ҳеш қашан бойсынбайсызлар. 17 Ѳйткени адам тєбиятының жаман қєлеўлери Мухаддес Руўхқа, Мухаддес Руўх адам тєбиятының жаман қєлеўлерине қарсы. Олар бир-бирине қарсы болғанлықтан, сизлер ислеўди қєлеген нєрселериңизди ислей алмайсызлар. 18 Ал егер сизлер Мухаддес Руўхтың жетелеўи менен жүрсеңлер, онда Мухаддес Нызам астында емессизлер. 19 Адамның гүнакар тєбиятының ислери аян, олар: неке ҳадаллығын бузыў, ҳарамылық, бузықшылық, 20 бутпаразлық, сыйқыршылық, душпанлық, жєнжелкешлик, күншиллик, ғєзеп, менменлик, алаўызлық туўдырыў, бѳлиниў, 21 қызғаншақлық, мєскүнемшилик, айшы-єширет ҳєм усыларға уқсаған нєрселер. Сизлерди алдын ескерткенимдей, жєне ескертип атырман: усындай ис-ҳєрекетти ислеўшилер Кудайдың Патшалығын мийрас етип алмайды. 22 Бирақ, адам ѳмиринде жетистиретуғын Мухаддес Руўхтың жемиси – сүйиспеншилик, қуўаныш, тынышлық, сабырлылық, мийримлилик, қайырқомлық, садықлық, 23 мүлєйимлилик ҳєм ѳзин тутып билиў. Бундай ислерге қарсы ҳеш қандай нызам жоқ. 24 Ийса Масихқа тийисли болғанлар ѳз тєбиятын қєлеўлери ҳєм нєпсилери менен бирликте атанақ ағашқа шегелеп қойған. 25 Мухаддес Руўх ѳмиримиздиң тийкары болғанлықтан, Оның жетелеўи менен жүрейик. 26 Даңқпараз болмайық, бир-биримиздиң ашыўымызға тийип, күншиллик етпейик.
1 Туўысқанлар! Егер биреўдиң гүна ислегени мєлим болып қалса, Мухаддес Руўхқа бойсынып жасап атырған сизлер бундай адамды мүлєйимлик пенен туўры жолға салыңлар. Сизлер де азғырылмаўыңыз ушын ѳзлериңизге сақ болыңлар. 2 Бир-бириңиздиң аўырманлығыңызды кѳтериңлер. Сонда Масихтың Нызамын орынлайсызлар. 3 Егер ким де ким ҳеш нєрсе болмаса да, ѳзин єҳмийетли адам деп есапласа, ѳз-ѳзин алдаған болады. 4 Ҳєр бир адам ѳз ис-ҳєрекетин тексерип кѳрсин. Сонда ѳзин басқалар менен салыстырмай, ѳз табыслары менен мақтана алады. 5 Себеби ҳєр бир адам ѳз аўырманлығын ѳзи кѳтериўи тийис. 6 Кудайдың сѳзин үйрениўши устазы менен барлық ийгиликли нєрселерди бѳлиссин. 7 Ѳз-ѳзиңизди алдамаңлар, Кудайды алдаў мүмкин емес. Адам не ексе, соны орады. 8 Ѳзиниң гүнакар тєбиятына бойсыныўшы сол тєбиятқа тєн ѳлим алады. Мухаддес Руўхқа бойсыныўшы Мухаддес Руўхқа тєн мєңгилик ѳмирди алады. 9 Солай екен, жақсылық ислеўден жалықпаңлар. Егер ҳєлсизленип қалмасақ, ўақты келгенде жемисин орып аламыз. 10 Сонлықтан мүмкиншилигимиз бар екен, ҳємме адамға, єсиресе исениўши туўысқанларымызға жақсылық ислейик. 11 Караңлар, ѳз қолым менен сизлерге қандай үлкен ҳєриплер менен жазып атырман! 12 Сыртқы кѳриниси менен адамларға унағысы келгенлер Масихтың атанақ ағашы себепли қуўдаланбаў ушын, сизлерди сүннет етилиўге мєжбүрлемекте. 13 Бирақ, сүннет етилгенлердиң ѳзлери де Мухаддес Нызамды орынламайды. Олар тек сизлердиң денелериңиз бенен мақтаныў ушын ғана сүннет етилиўиңизди қєлеп атыр. 14 Ал мен Ийемиз Ийса Масихтың атанақ ағашынан басқа бир нєрсе менен ҳеш қашан мақтанбайман. Усы атанақ ағаш арқалы дүнья мен ушын ѳлген, мен де дүнья ушын ѳлгенмен. 15 Сүннетли болыў ямаса болмаў єҳмийетли емес, єҳмийетлиси – жаңа жаратылыс болыў. 16 Усындай қағыйда бойынша жасап атырғанлардың ҳєммесине, яғный Кудайдың халқына тынышлық ҳєм мийрим-шєпєєт болсын! 17 Ендигиден былай, ҳеш ким маған жєбир бермесин. Ѳйткени мениң денемде Ийсаның жарақатларының излери бар. 18 Ҳєй, туўысқанлар! Ийемиз Ийса Масихтың мийрими руўхыңызға яр болсын! Аўмийин.
1 Кудайдың қєлеўи менен Масих Ийсаның елшиси болған мен, Павелден, Масих Ийсаға садық болған Ефес қаласындағы исениўшилерге сєлем! 2 Єкемиз Кудай ҳєм Ийемиз Ийса Масих сизлерге мийрим ҳєм тынышлық берсин! 3 Ийемиз Ийса Масихтың Єкеси – Кудайға алғыс-мақтаўлар болсын! Ол бизлерди Масих арқалы аспандағы ҳєр түрли руўхый жарылқаў менен жарылқады. 4 Кудай Ѳзиниң алдында мухаддес ҳєм минсиз болыўымыз ушын, Масих пенен қатнаста болған бизлерди дүнья жаратылмастан бурын таңлап алды. Кудай бизлерди сүйип, 5 Ийса Масих арқалы Ѳзиниң балалары қылып асырап алыў ушын, алдын ала белгиледи. Бул Оның єжайып қєлеўи бойынша болды. 6 Солай етип, сүйикли Улы арқалы бизлерге сыйға берген уллы мийрими себепли Ѳзине алғыс айтыўымыз ушын, Кудай усылай иследи. 7 Масих пенен қатнаста болған бизлер Оның қаны арқалы қутқарылдық, яғный Кудайдың бай мийрими бойынша гүналарымыз кеширилди. 8 Кудай бул бай мийримин пүткил ақыл-даналық пенен үстилеримизге жаўдырып, 9 Ѳз еркиниң сырын бизлерге ашып берди. Бул Оның Масих арқалы жобаластырған єжайып мақсети бойынша болды. 10 Белгиленген ўақыт болғанда ємелге асатуғын Кудайдың жобасы – жердегилердиң ҳєм аспандағылардың ҳєммесин Масихтың басшылығында бирлестириўден ибарат. 11 Ҳємме нєрсени Ѳз қєлеўи менен иске асыратуғын Кудайдың ерки бойынша бизлер алдын ала белгиленип, Масих арқалы таңлап алындық. 12 Бул Масихқа бастан-ақ үмит еткен бизлердиң уллы Кудайды алғыслаўымыз ушын болды. 13 Ҳақыйқат сѳзин, яғный қутқарылыў ҳаққында Хош Хабарды еситип, Масихқа исенгениңизде, сизлер де ўєде етилген Мухаддес Руўх пенен мѳрленип, Кудайға тийисли болдыңлар. 14 Кудайға тийисли болған бизлердиң толық қутқарылыўымызға дейин бул Мухаддес Руўх – Кудайдың бизлерге ўєде еткен мийрасының гиреўи. Булардың ҳєммеси бизлердиң уллы Кудайды алғыслаўымыз ушын болды. 15 Сонлықтан Ийемиз Ийсаға деген исенимиңиз ҳєм пүткил исениўшилерге деген сүйиспеншилигиңиз ҳаққында еситкенимнен бери, 16 мен сизлер ушын тынбастан шүкирлик етемен. Жєне де, дуўа еткенимде, сизлерди бєрқулла тилге аламан. 17 Ийемиз Ийса Масихтың Кудайы, даңқ-салтанатқа ийе Єке Ѳзин билиўиңиз ушын, сизлерге даналық ҳєм аян бериўши Мухаддес Руўхын берсин деп, Кудайдан сорап атырман. 18 Кудайдың шақырығынан пайда болған үмитти ҳєм Оның исениўшилерге берген уллы мийрасының қаншелли бай екенин билиўиңиз ушын, жүреклериңиздиң кѳзлери ашылсын деп, дуўа етип атырман. 19 Жєне де, Ийсаға исенген бизлерде үлкен қүдирет пенен ҳєрекет еткен Кудайдың күшиниң қаншелли уллы екенин сизлер билсин деп те, дуўа етип атырман. 20 Кудай усы күш пенен Масихта ҳєрекет етип, Оны ѳлимнен қайта тирилтти ҳєм аспанда Ѳзиниң оң жағына отырғызды. 21 Кудай Масихты барлық ҳєкимшилик ҳєм бийликтен, пүткил қүдирет ҳєм ҳүкимдарлықтан, тек усы заманда емес, ал келешек дєўирде де аталатуғын ҳємме атлардан жоқары қойды. 22 Ҳємме нєрсени Оған бойсындырып, бағындырды. Оны пүткил барлықтың үстинен қойып, исениўшилер жємєєтиниң басы қылды. 23 Исениўшилер жємєєти Масихтың денеси болып, пүткил барлықты толтырып турған Масихтың толылығына ийе.
1 Сизлер бир ўақытлары айып ҳєм гүналарыңыз себепли ѳли едиңлер. 2 Сонда сизлер бул дүньяның єдети бойынша, ҳаўада ҳүкимдарлық етиўши ҳєким – шайтанға, яғный ҳєзир Кудайға қулақ аспайтуғын адамларда ҳєрекет етиўши руўхқа бойсынып жасайтуғын едиңлер. 3 Бир ўақытлары бизлердиң ҳєммемиз де усындай адамлардың арасында ѳз гүнакар тєбиятымыз бойынша жасадық. Денемиздиң ҳєм ой-нийетимиздиң жаман қєлеўлерин орынладық. Сол себептен басқалар сыяқлы бизлер де тєбиятымыз бойынша Кудайдың ғєзебине ылайықлы адамлар едик. 4 Бирақ, мийрим-шєпєєтке бай болған Кудай бизлерди соншелли сүйгенликтен, 5 гүналарымыз себепли ѳли болсақ та, бизлерди Масих пенен бирге тирилтти. Сизлер Оның мийрими менен қутқарылдыңыз. 6 Бизлер Масих Ийса менен қатнаста болғанлықтан, Кудай бизлерди Масих пенен бирге тирилтип, Оның менен бирге Аспан Патшалығында отырғызды. 7 Кудай Масих Ийса арқалы бизлерге реҳим етип, Ѳз мийриминиң шексиз байлығын келешек дєўирлерде кѳрсетиў ушын усылай иследи. 8 Сизлер исенимиңиз арқалы Кудайдың мийрими менен қутқарылдыңыз. Бул сизлердиң жетискенлигиңиз емес, ал Кудайдың сыйы болғанлықтан, 9 ҳеш ким ислерим себепли қутқарылғанман деп, мақтана алмайды. 10 Себеби бизлер Кудайдың дѳретпесимиз. Ѳзи алдын ала таярлаған жақсы ислерин ислеп жасаўымыз ушын, Ол бизлерди Масих Ийса арқалы жаратты. 11 Сонлықтан мыналарды еске түсириңлер: сизлер бир ўақытлары бутқа табыныўшы миллет адамы болып туўылып, денесиндеги ети қол менен кесилип сүннет етилген яҳудийлер тєрепинен «сүннетсизлер» деп аталатуғын едиңиз. 12 Ол ўақытлары сизлер Масих пенен байланысы жоқ, Израил халқына жат ҳєм Кудайдың оларға берген ўєдесиниң Келисиминен бийнесип адамлар едиңлер. Бул дүньяда үмитсиз ҳєм қудайсыз болып жасадыңлар. 13 Бирақ бурын Кудайдан узақ болған сизлер енди Масих Ийса менен қатнас жасап, Масихтың қаны арқалы Кудайға жақын болдыңлар. 14 Ѳйткени Масихтың Ѳзи – яҳудийлер менен басқа миллетлерди бирлестирген бизиң жарастырыўшымыз. Ол Ѳз денесин қурбан етип, арадағы айырып турған дийўалды, яғный душпанлықты жоқ қылды. 15 Яҳудийлер менен басқа миллетлерден Ѳзи менен байланыста болатуғын бир жаңа халықты жаратыў мақсетинде, Ол буйрық ҳєм қағыйдалардан ибарат болған яҳудийлердиң нызамын бийкар етти. Буны тынышлықты орнатып, 16 душпанлықты жоқ қылған атанақ ағаш арқалы екеўин бир жаңа халық қылып, Кудай менен жарастырыў ушын иследи. 17 Масих келип, Кудайдан узақ болған сизлерге ҳєм Кудайға жақын болған яҳудийлерге тынышлық Хош Хабарын жєриялады. 18 Ол арқалы бизлер ҳєммемиз бир Мухаддес Руўх пенен Єкемиз Кудайдың алдына бара аламыз. 19 Солай етип, енди сизлер жат ҳєм шет жерли адам емессизлер, ал мухаддеслерге ўатанлас, Кудайдың шаңарағының ағзаларысыз. 20 Сизлер елшилер ҳєм пайғамбарлар салған тырнақ тас үстине қаландыңлар. Ал имараттың мүйешиниң тийкарғы тасы – Масих Ийсаның Ѳзи болады. 21 Онда пүткил имарат қуралып, Ийемизге тийисли бир мухаддес Ибадатхана болыў ушын ѳсип барады. 22 Масих пенен қатнаста болған сизлер де Кудай Мухаддес Руўхы арқалы жасайтуғын мєкан болыўыңыз ушын, ҳєммеңиз бирликте қуралып барасызлар.
1 Сол себептен мен, Павел, басқа миллетлерден болған сизлер ушын, Масих Ийсаның тутқыны болдым. 2 Сизлер ушын Кудайдың Ѳз мийрими менен маған берген бул хызмети ҳаққында, єлбетте, еситкенсизлер. 3 Жоқарыда қысқаша жазып ѳткенимдей, Кудай маған Ѳз сырын аян арқалы билдирди. 4 Бул хатты оқығаныңызда, Масихтың сырын қалай түсингенимди билип алыўыңыз мүмкин. 5 Адамзаттың єўелги єўладларынан қупыя тутылып, енди Кудайдың мухаддес елшилерине ҳєм пайғамбарларға Мухаддес Руўх арқалы ашып берилген бул сыр мынадан ибарат: 6 басқа миллетлер де яҳудийлер менен бирге мийрасқа шерик ҳєм бир денениң ағзалары. Олар Хош Хабар арқалы Масих Ийса себепли берилген ўєдеге де шерик. 7 Кудайдың ҳєрекет ететуғын қүдирети менен, маған берилген мийриминиң сыйы арқалы мен Хош Хабарды жєриялаў ушын хызметке тайынландым. 8 Мен барлық исениўшилер ишинде ең арзымағаны болсам да, басқа миллетлерге Масихтың шексиз байлығы ҳаққында жєриялаў ушын, Кудай маған усы мийримин берди. 9 Жєне де, ҳємме нєрсени жаратқан Кудай Ѳзинде єўелден-ақ сақланған сырлы жобасын ҳєммеге ашып бериў ушын да, маған усы мийримин берди. 10 Солай етип, Кудайдың мақсети – исениўшилер жємєєти арқалы аспандағы ҳєкимшиликлерге ҳєм бийликлерге Ѳзиниң кѳп қырлы ақыл-даналығын ҳєзир мєлим етиў. 11 Кудай усы мєңгилик мақсетин Ийемиз Масих Ийса арқалы ємелге асырды. 12 Бизлер Масих пенен қатнаста болып, Оған деген исенимимиз арқалы Кудайға батырлық ҳєм толық исеним менен жақынласа аламыз. 13 Сонлықтан сизлер ушын шеккен азапларым себепли қайғырмаўыңызды ѳтиниш етемен. Мен шеккен бул азаплар сизлерге уллылық алып келеди. 14 Сол себептен мен аспандағы Єкемиздиң алдында дизе бүгип, дуўа етемен. 15 Ол аспандағы ҳєм жер жүзиндеги ҳєр қандай миллетке ат берген. 16 Кудай Ѳз уллылығының байлығы бойынша ишки дүньяңызды беккемлеў ушын, Ѳз Руўхы арқалы сизлерге күш-қуўат берсин. 17 Исенимиңиз арқалы Масих жүреклериңизде жасасын. Сүйиспеншиликке тамыр урып ҳєм тийкарланып, 18 барлық исениўшилер менен бирге Масихтың сүйиспеншилигиниң қаншелли кең, узын, бийик ҳєм терең екенлигин түсинип алғайсыз. 19 Жєне де, сизлер ақыл-ойға сыймайтуғын усы сүйиспеншиликти билип, Кудайдың пүткил толылығына толып барғайсыз. 20 Бизлерде ҳєрекет етиўши қүдирети менен, Кудай бизлердиң тилеген ҳєм ойлаған ҳєр бир нєрсемизди артығы менен ислей алатуғын күшке ийе. 21 Оның Масих Ийса менен қатнаста болған исениўшилер жємєєтинде, єўладтан-єўладқа, мєңгиге даңқы арта берсин! Аўмийин.
1 Солай етип, Ийемиз ушын тутқын болған мен сизлерден жалынып сорайман: Кудайдың ѳзлериңизди шақырған ѳмирине ылайықлы түрде жасаңлар. 2 Толық кишипейиллик, мүлєйимлилик ҳєм сабырлылық пенен жасаңлар. Бир-бириңизди сүйип, мийзамкеш болыңлар. 3 Ѳзлериңизди бирлестириўши тынышлық пенен, Мухаддес Руўх берген бирликти сақлаўға тырысыңлар. 4 Кудай сизлерди шақырғанда бир үмитти берди. Сол сыяқлы, ҳєммемиз бир денемиз ҳєм бир Мухаддес Руўхқа ийемиз. 5 Ийемиз бир, исенимимиз бир, суўға шомылдырылыў рєсимимиз бир. 6 Кудай да бир. Ол ҳєммениң үстинен ҳүкимдар, ҳємме арқалы ҳєрекет етиўши, ҳєммемизде бар болған, ҳєммемиздиң Єкемиз. 7 Бирақ Кудай ҳєр биримизге Масихтың сақыйлығына муўапық Ѳз мийримин сыйға берди. 8 Сонлықтан Мухаддес Жазыўда былай делинген: «Ол жоқарыға шығып, Тутқынларды тутқын етти. Адамларға сыйлар берди». 9 Енди бул: «Ол жоқарыға шықты» деген сѳзлер нени аңлатады? Масих бурын тѳменге, жерге түсти дегенди аңлатады. 10 Түскен Адам да, ҳєр бир нєрсени толтырыў ушын аспаннан да бийигирекке шыққан Адам да – биреў. 11 Масих гейбиреўлерди елши, базыларды пайғамбар, айырымларды Хош Хабарды жєриялаўшы, ал биреўлерди жємєєт шопаны ҳєм устаз қылып қойды. 12 Ол буны исениўшилерди таярлап, олардың хызмет қылыўы ҳєм Ѳзиниң денеси болған жємєєтти беккемлеў ушын иследи. 13 Нєтийжеде бизлердиң ҳєммемиз Кудайдың Улына исениўде ҳєм Оны билиўде бирликке ерисип, Масихтың толық минсизлигине дейин ѳсип барамыз. 14 Солай екен, ендигиден былай, гѳдек болмайық. Адамлардың жалатайшылығы ҳєм ҳийлекерлиги арқалы пайда болған ҳєр түрли тєлийматлардың самалы менен ана жақтан мына жаққа шайқатылмайық. 15 Керисинше, ҳақыйқатлықты сүйиспеншилик пенен айтып, денениң басы болған Масихқа қарай ҳєр тєреплеме ѳсип барайық. 16 Оның басқарыўында пүткил денениң мүшелери ѳз ара биригип, ҳєр бир мүше ѳз миннетин атқарыўы арқалы бир-бирине жєрдем берип, байланыс жасайды. Усылай етип, пүткил дене сүйиспеншилик пенен ѳсип, ѳзин беккемлеп барады. 17 Сонлықтан мен усыны айтып, сизлерди Ийемиздиң атынан ескертемен: буннан былай, бутқа табыныўшы миллетлердиң адамлары сыяқлы, бос ой-қыялларға берилип жасамаңлар. 18 Олардың сана-сезимлери топырланып, ишиндеги наданлық ҳєм жүреклериндеги қаталлық себепли, Кудайдан берилген ѳмирге жат болған. 19 Олар пүткил ар-намыс сезимлерин жойтқан, ҳєр түрли ҳарамылықты нєпсиқаўлық пенен ислеў ушын, бузықшылыққа берилген. 20 Бирақ сизлер Масихты бундай қылып танымағансыз. 21 Єлбетте, сизлер Ийса Масих ҳаққында еситкениңизден кейин, Оның менен қатнаста болып, Ондағы ҳақыйқатты үйрендиңлер. 22 Сол себептен бурынғы ѳмир жолыңыздан, яғный денениң жаман қєлеўлери себепли шириген ески тєбиятыңыздан ўаз кешиңлер. 23 Ой-пикирлериңизди ҳєм руўхыңызды жаңалап, 24 шын ҳақлық ҳєм мухаддеслик пенен, Кудайға уқсатылып жаратылған жаңа адам болыңлар. 25 Сонлықтан ѳтириктен ўаз кешип, ҳєр бириңиз исениўши туўысқаныңызға ҳақыйқатты айтыңлар. Себеби ҳєммемиз бир денениң мүшелеримиз. 26 Ѓєзепленсеңиз де, гүна ислемеңлер. Куяш батқанша, ғєзептен қайтыңлар. 27 Шайтанға жол бермеңлер. 28 Урлық ислеген ендигиден былай урлық ислемесин. Керисинше, мүтєж адамларға үлестиретуғын бир нєрсеси болыўы ушын, ол ѳз қоллары менен ҳадал мийнет етсин. 29 Аўызларыңыздан ҳеш бир жаман сѳз шықпасын. Ал орны менен сѳйлеп, еситкенлердиң руўхын кѳтеретуғын пайдалы сѳзлерди айтың. 30 Кудайдың Мухаддес Руўхын қапа қылмаңлар. Кутқарылатуғын күниңиз ушын усы Руўх пенен мѳрленгенсизлер. 31 Жек кѳриўшилик пенен бирликте ҳєр бир жаман нийет, ашыў, ғєзеп, бақырыс ҳєм ѳсек сизлерден узақ болсын. 32 Ал бир-бириңизге мийирман ҳєм жан ашыр болыңлар. Кудай сизлерди Масих арқалы кеширгендей, сизлер де бир-бириңизди кешириңлер.
1 Солай етип, Кудайдың сүйикли балалары болған сизлер Оған еликлеңлер! 2 Масих бизлерди сүйип, бизлер ушын Кудайға унайтуғын садақа ҳєм қурбанлық болып, Ѳзин Кудайға бағышлады. Сол сыяқлы, сизлер де усындай сүйиспеншилик пенен жасаңлар. 3 Ҳеш қандай бузықшылық, ҳарамылық ҳєм нєпсиқаўлық араңызда тилге де алынбасын. Бул исениўшилерге минєсип емес. 4 Араңызда уят ҳєм пєтиўасыз гєплер, турпайы ҳєзил де болмасын. Бул сизлерге минєсип емес. Буның орнына, Кудайға шүкирлик билдириңлер. 5 Мынаны анық билип қойыңлар: ҳеш бир бузық, ҳарам, нєпсиқаў, яғный бутпараз адам Масихтың ҳєм Кудайдың Патшалығын мийрас етип алмайды. 6 Ҳеш ким сизлерди ѳтирик сѳзлер менен алдамасын. Жоқарыда айтылған ислер себепли, Ѳзине бойсынбайтуғынларға Кудайдың ғєзеби келеди. 7 Сонлықтан бундайларға шерик болмаңлар. 8 Сизлер бир ўақытлары қараңғылық едиңиз, бирақ енди болса, Ийемиз арқалы нур болдыңлар. Сол себептен нурға тийисли адамларға сай жасаңлар. 9 Ѳйткени нурдағы ѳмирдиң жемиси – ҳєр түрли жақсылық, ҳақлық ҳєм ҳақыйқатлықтан ибарат. 10 Кудайға нениң унайтуғынын айырып билиңлер. 11 Караңғылықтағы ѳмирдиң жемиссиз ислерине қатнаспаңлар. Керисинше, оларды єшкара етиңлер. 12 Караңғылықтағы адамлардың жасырын қылған ислерин айтыўдың ѳзи қатты уят. 13 Бирақ, қараңғылыққа нур шашылса, ҳємме нєрсе анық кѳринеди. 14 Себеби Кудайдың нурында кѳринген ҳєр бир адам – нур. Сол себептен былай делинген: «Оян, ҳєй уйқыда жатқан, Ѳлилер ишинен тирил! Масих саған нур шашар». 15 Солай етип, қалай жасаў кереклигине дыққат аўдарып, надан адамлар сыяқлы емес, ал дана адамлар сыяқлы жасаңлар. 16 Жақсылық ислеўге ҳєр бир мүмкиншиликтен пайдаланыңлар. Ѳйткени ҳєзирги күнлер жаўызлыққа толы. 17 Сол себептен ақылсыз болмай, Ийемиздиң қєлеўиниң не екенин түсиниңлер. 18 Арақ-шарап ишип, мєс болмаңлар, бул адамның бузылыўына алып келеди. Ал буның орнына, Мухаддес Руўхқа толыңлар. 19 Забур жырларындағы, алғыс-мақтаў қосықларындағы ҳєм Мухаддес Руўхтың илҳамы менен жазылған қосықлардағы сѳзлерди бир-бириңизге айтып, Ийемизди қосық-намалар менен жүрегиңизде алғыслаңлар. 20 Бєрқулла ҳємме нєрсе ушын, Ийемиз Ийса Масихтың аты менен Єкемиз Кудайға шүкирлик билдириңлер. 21 Масихқа деген ҳүрметиңиз себепли, бир-бириңизге бойсыныңлар. 22 Ҳєй ҳаяллар, Ийемизге бойсынатуғыныңыз сыяқлы, күйеўлериңизге де бойсыныңлар! 23 Себеби Масих исениўшилер жємєєтиниң басы болғаны сыяқлы, күйеўи де ҳаялының басы. Масих Ѳз денесиниң, яғный исениўшилер жємєєтиниң Кутқарыўшысы. 24 Исениўшилер жємєєти Масихқа бойсынатуғыны сыяқлы, ҳаяллар да ҳємме исте күйеўлерине бойсынсын. 25 Ҳєй күйеўлер, Масих исениўшилер жємєєтин сүйип, оның ушын Ѳзин қурбан еткени сыяқлы, сизлер де ҳаялларыңызды сүйиңлер. 26 Масих исениўшилер жємєєтин суў менен жуўып ҳєм Кудайдың сѳзи менен тазалап, оны мухаддес қылыў ушын, Ѳзин қурбан етти. 27 Буны Ол үстинде ҳеш бир дақ, жыйрық ямаса буған уқсаған бир нєрсеси жоқ, мухаддес ҳєм минсиз болған салтанатлы жємєєтти Ѳзине алыў ушын иследи. 28 Сол сыяқлы, күйеўлер де ҳаялларын ѳз денесин сүйгендей сүйиўи шєрт. Ѳз ҳаялын сүйген ѳзин сүйген болады. 29 Ҳеш ким ҳеш қашан ѳз денесин жек кѳрмеген. Керисинше, Масих исениўшилер жємєєтине ғамхор болғаны сыяқлы, адам ѳз денесин азықландырып, оны күтеди. 30 Ѳйткени бизлер Масихтың денесиниң мүшелеримиз. 31 «Сонлықтан ер адам ата-анасын қалдырып, ѳз ҳаялына қосылады ҳєм екеўи бир дене болады». 32 Бул сыр уллы. Мен буны Масихқа ҳєм исениўшилер жємєєтине байланыслы айтып атырман. 33 Солай етип, ҳєр бириңиз ѳз ҳаялын ѳзин сүйгендей сүйсин. Ҳаял да күйеўин ҳүрмет етсин.
1 Ҳєй балалар, Ийемизге тийисли болған сизлер, ата-анаңызға бойсыныңлар! Себеби усылай ислегениңиз дурыс болады. 2 «Ата-анаңды ҳүрметле», – бул ўєде менен бирге берилген баслы буйрық. 3 Сол ўєде болса мынадай: «Сонда сен берекет табасаң ҳєм жердеги ѳмириң узақ болады». 4 Ҳєй єкелер, балаларыңыздың ашыўын келтирмеңлер. Оларды Ийемиздиң тєлим-тєрбиясы менен ѳсириңлер. 5 Ҳєй қуллар, дүньядағы хожайынларыңыздың сѳзин Масихтың сѳзин тыңлағандай, терең ҳүрмет, қорқыў ҳєм пєк жүрек пенен тыңлаңлар. 6 Буны адамларға жақсы кѳрингиси келетуғынлар сыяқлы, кѳзабаға ислемеңлер. Кудайдың қєлеўин Масихтың қуллары сыпатында шын жүректен орынлаңлар. 7 Адамларға емес, ал Ийемизге хызмет етип атырғандай, инта менен хызмет етиңлер. 8 Ѳйткени қул болсын, азат адам болсын, ҳєр бир адамның ислеген жақсылығының Ийемизден қайтатуғынын билесизлер. 9 Ҳєй хожайынлар, сизлер де қулларыңызға усындай қатнаста болып, оларды қорқытыўды тоқтатыңлар. Себеби аспанда олар менен сизлердиң Ийеңиз бар екенин ҳєм Оның адамларды айырмайтуғынын билесизлер. 10 Жуўмақлап айтқанда, Ийемиз бенен қатнаста болып, Оның қүдиретиниң күши менен беккемленип барыңлар. 11 Шайтанның ҳийлелерине қарсы тура алыў ушын, Кудайдың барлық саўыт-қуралларын тағыныңлар. 12 Ѳйткени урысымыз қан ҳєм еттен ибарат болған адам баласына қарсы емес, ал бул дүньядағы кѳзге кѳринбейтуғын ҳєкимлерге, бийлеўшилерге, бул қараңғы заманның күшлерине ҳєм аспандағы жаўыз руўхларға қарсы. 13 Сонлықтан жаман күнде оларға қарсылық кѳрсете алыўыңыз ушын ҳєм толық жеңиске ерискениңизден соң, беккем тура алыўыңыз ушын, Кудайдың барлық саўыт-қуралларын тағып алыңлар. 14 Солай етип, орныңызда беккем турыңлар. Белиңизди ҳақыйқат белбеўи менен буўып, кѳкирегиңизге ҳақлық саўытын кийиңлер. 15 Тынышлық Хош Хабарын жєриялаў таярлығын аяқларыңызға аяқ кийим қылып кийиңлер. 16 Булардың ҳєммесине қоса шайтанның барлық отлы оқларын ѳшире алатуғын исеним қалқанын қолларыңызға алыңлар. 17 Кутқарылыў дуўлығасын ҳєм Кудайдың сѳзи болған Мухаддес Руўхтың қылышын алыңлар. 18 Ҳєр түрли тилек ҳєм жалбарыныў менен, Мухаддес Руўхтың басқарыўында ҳємме ўақыт дуўа етиңлер. Усы мақсет пенен сергек болып, пүткил исениўшилер ушын табан тиреп сораңлар. 19 Мен ушын да дуўа етиңлер. Аўзымды ҳєр ашқанымда маған керекли сѳз берилип, Хош Хабардың сырын батырлық пенен билдире алайын. 20 Жєне де, Хош Хабар ушын елши болған мен ҳєзир тутқын болсам да, Хош Хабарды ылайықлы мєртлик пенен жєриялаўым ушын да дуўа етиңлер. 21 Аўҳалымның қалай екенин ҳєм не ислегенимди сизлер де билиўиңиз ушын, сүйикли туўысқанымыз ҳєм Ийемиздиң исенимли хызметшиси Тихик сизлерге ҳєммесин билдиреди. 22 Мине, усы мақсетте оны сизлерге жиберип атырман. Ол бизлердиң аўҳалымызды билдирип, кеўиллериңизди жигерлендиреди. 23 Єкемиз Кудай ҳєм Ийемиз Ийса Масих туўысқанларға тынышлық ҳєм исеним менен бирликте сүйиспеншилик берсин. 24 Ийемиз Ийса Масихты ѳшпес сүйиспеншилик пенен сүйиўшилердиң ҳєммесине Кудайдың мийрими яр болсын!
1 Масих Ийсаның қуллары болған бизлер, Павел ҳєм Тимофейден, Филип қаласындағы Ийса Масихқа тийисли болған барлық мухаддеслерге, єсиресе жємєєт жетекшилери менен хызметшилерине сєлем! 2 Єкемиз Кудай ҳєм Ийемиз Ийса Масих сизлерге мийрим ҳєм тынышлық берсин! 3 Сизлерди ҳєр сапар еске алғанымда, Кудайға шүкирлик билдирип атырман. 4 Мен Кудайға дуўа еткенимде, сизлер ушын ҳєр қашан қуўаныш пенен сорайман. 5 Себеби сизлер бастан баслап ҳєзирги ўақытқа дейин Хош Хабарды жєриялаўға үлес қосып келмектесизлер. 6 Сизлердиң араңызда жақсы исти баслаған Кудайдың буны Масих Ийсаның күнине шекем толық тамамлайтуғынына анық исенемен. 7 Ҳєммеңиз туўралы усындай пикирде болыўым орынлы, ѳйткени сизлер ҳємме ўақыт мениң жүрегимдесиз. Мен тутқын болсам да, Хош Хабарды жақласам да ҳєм оның ҳақыйқатын турақлылық пенен дєлиллесем де, ҳєммеңиз мениң менен бирликте Кудайдың мийримин бѳлисип келмектесиз. 8 Сизлердиң ҳєммеңизди Масих Ийсаның сүйиспеншилиги менен қалай сағынғаныма Кудайдың Ѳзи гүўа. 9 Сүйиспеншилигиңиз толық билим ҳєм терең түсимпазлық пенен ѳсип арта бериўи ушын дуўа етип атырман. 10 Солай етип, сизлер Масихтың келетуғын күнинде пєк ҳєм минсиз болыўыңыз ушын, ең жоқары ийгиликтиң не екенин айыра аласызлар. 11 Жєне де, Кудайды уллылап, алғыс-мақтаўлар айтыўыңыз ушын, Ийса Масих арқалы ҳақыйқатлық жемисине бай боласызлар. 12 Туўысқанларым, мынаны билиўиңизди қєлеймен: мениң басымнан кеширгенлерим Хош Хабардың жєне де кѳбирек жайылыўына ҳақыйқаттан да жєрдем етти. 13 Мениң Масих ушын тутқын болғаным пүткил сарай сақшыларына ҳєм қалған ҳємме адамларға мєлим болды. 14 Сондай-ақ, мениң тутқынлығым себепли, кѳпшилик туўысқанларымыздың Ийемизге деген исеними беккемленип, олар Кудайдың сѳзин қорқпастан айтыўға бурынғыдан да кѳбирек батырлық кѳрсетпекте. 15 Дурыс, гейбиреўлер Масих ҳаққында күншиллик пенен, жарыспаққа жєрияласа, ал базылар жақсы нийет пенен жєрияламақта. 16 Усы кейингилер мениң бул жерге Хош Хабардың қорғаўшысы етип қойылғанымды билип, буны сүйиспеншилик пенен ислеп атыр. 17 Ал алдыңғылары мениң тутқынлық аўҳалымды еле де аўырластырмақшы болып, Масих ҳаққында ѳзлериниң атақ-абырайлары ушын напєк нийет пенен жєрияламақта. 18 Бирақ, солай болса не болыпты? Мейли, жаман нийет пенен болсын, мейли, ҳақ нийет пенен болсын, Масих ҳаққында қандай жол менен жєрияланса да, мен буған қуўанаман. Аўа, мен қуўана беремен де. 19 Себеби сизлердиң еткен дуўаларыңыздың ҳєм Ийса Масихтың Руўхының жєрдеми менен, бул аўҳалымнан азат болатуғынымды билемен. 20 Кандай жағдай болса да, мен Масихтан арланбаўды қєлеймен. Тири болсам да, ѳлсем де, ҳєр қашан болып келгениндей, ҳєзир де Масихты пүткил барлығым менен уллылаў ушын толық батырлық кѳрсетиўден беккем үмит етемен. 21 Ѳйткени мениң ушын ѳмиримниң мєниси – бул Масих, ал ѳлим утыс демек. 22 Бирақ, егер бул дүньяда ѳмир сүриўим арқалы ѳнимли мийнет етсем, онда нени таңлаўды билмеймен. 23 Мени еки тєреп те ѳзине тартады. Бул дүньядан кетип, Масих пенен бирге болыўды қєлеймен. Себеби бул анағурлым жақсырақ. 24 Бирақ, бул дүньяда қалыўым сизлер ушын кереклирек. 25 Буған кѳзим жеткенликтен, қалатуғынымды билемен. Исенимде ѳсип қуўаныўыңыз ушын, ҳєммеңиз бенен бирге боламан. 26 Солай етип, жєне жаныңызға келгенимде, Масих Ийса алдында мениң менен еле де кѳбирек мақтана аласызлар. 27 Тек жасап атырған ѳмириңиз Масихтың Хош Хабарына ылайықлы болсын. Сонда келип сизлерди кѳрсем де, алыста болып ҳал-жағдайыңызды еситсем де, сизлердиң бир руўхта беккем турғаныңызды, Хош Хабарға деген исеним ушын бир жан, бир тєн болып гүресип атырғаныңызды билейин. 28 Жєне де, ѳзлериңизге қарсы шыққанлардан ҳеш қорқпайтуғыныңызды да еситейин. Сизлердиң бундай батырлығыңыз олардың набыт болатуғынының, ал сизлердиң қутқарылатуғыныңыздың белгиси ҳєм Кудайдың иси. 29 Ѳйткени Кудай Масих ушын, сизлерге Оған тек исениўди емес, ал Ол ушын азап шегиўди де айрықша ҳуқық етип берген. 30 Усы азапты басымнан кеширгенимди сизлер кѳрдиңлер ҳєм ҳєзир де азап шегип атырғанымды еситип атырсызлар. Мениң бул гүресиме сизлер де шериксизлер.
1 Егер сизлерде Масихтан келген жигер, сүйиспеншиликтен пайда болған жубаныш, Мухаддес Руўх пенен қарым-қатнас, мийримлилик ҳєм реҳимлилик бар болса, 2 онда бир пикир ҳєм сүйиспеншилик пенен, бир руўх ҳєм мақсет пенен бирлесип, мениң қуўанышымды толы қылың. 3 Ҳеш бир нєрсени ѳз атақ-абырайыңызды асырыў ушын ямаса мақтаншақлық пенен ислемеңлер. Ал ҳєр бириңиз кишипейиллик пенен, басқаларды ѳзиңизден үстин деп есаплаңлар. 4 Тек ѳзиңиздиң ғана емес, ал басқалардың да пайдасын гѳзлеңлер. 5 Масих Ийсада болған мына кишипейилликке сизлер де ийе болыңлар: 6 Масих қудайлық тєбиятқа ийе бола тура, Кудайға тең атақты алыўға умтылыўды Ѳзине минєсип кѳрмеди. 7 Ал Ѳз уллылығынан ўаз кешип, қул келбетин қабыллады. Ол адам болып туўылып, адам кѳринисинде келди. 8 Ол Ѳзин пєс тутты ҳєм ѳлимге, ҳєтте, атанақ ағаштағы ѳлимге барып, Кудайға бойсынды. 9 Сонлықтан да, Кудай Оны ең бийик мєртебеге еристирди ҳєм Оған барлық атлардан жоқары туратуғын атты берди. 10 Солай етип, Ийсаның аты аталғанда аспандағылардың, жердегилердиң ҳєм жердиң астындағылардың барлығы дизе бүгип, 11 Кудай Єкениң уллыланыўы ушын, ҳємме Ийса Масихты Ийемиз деп ашық мойынлайды. 12 Солай етип, сүйикли туўысқанларым, мен жаныңызда болғанымда, сизлер бєрқулла Кудайға бойсынатуғын едиңлер. Ал ҳєзир жаныңызда жоқ ўақтымда да бурынғыдан кѳбирек бойсынып, қорқыныш ҳєм сақлық пенен, қутқарылыўыңызға сай ис-ҳєрекетлерди ємелге асыра бериңлер. 13 Себеби Ѳзине унаған ислерди қєлеўиңиз ҳєм ислеўиңиз ушын, Кудайдың Ѳзи сизлерге түртки салады. 14 Ҳєр бир нєрсени тоңқылдамай ҳєм тартыспай ислеңлер! 15 - 16 Сонда сизлер адасқан ҳєм бузылған єўлад арасында Кудайдың кемшиликсиз, таза ҳєм минсиз балалары боласызлар. Кудайдың ѳмир беретуғын сѳзлерин басқаларға жеткизип, дүньядағы жулдызлар сыяқлы жарқырайсызлар. Солай етип, мениң жан-тєним менен қылған мийнетим босқа кетпей, Масихтың қайта келетуғын күнинде мақтана аламан. 17 Сизлердиң исеним бойынша берген қурбанлығыңызды ҳєм еткен хызметиңизди толықтырыў ушын, қаным қурбанлық шарабы сыяқлы тѳгилетуғын болса да, мен қуўанаман ҳєм ҳєммеңиздиң қуўанышыңызды бѳлисемен. 18 Сол сыяқлы, сизлер де қуўаныңлар ҳєм мениң қуўанышымды бѳлисиңлер. 19 Ҳал-жағдайыңызды билип, мениң де кеўлим жай табыў ушын, Ийемиз Ийса қєлесе, Тимофейди жақын арада сизлерге жибериўден үмит етемен. 20 Ѳйткени ол сыяқлы, шын жүректен сизлердиң ғамыңызды ойлайтуғын мениң басқа адамым жоқ. 21 Ҳємме Масих Ийсаның емес, ал ѳз мєпин ойлайды. 22 Бирақ Тимофейдиң исенимли адам екени сизлерге мєлим. Себеби ол єкесиниң жанында хызмет еткен ул сыяқлы, Хош Хабардың жєрияланыўы ушын мениң қасымда хызмет етти. 23 Жағдайымның қандай болатуғыны белгили болыўдан, оны дєрриў жибериўден үмит етемен. 24 Ийемизге исенимим кємил, мениң ѳзим де жақын арада барып қаламан. 25 Бирақ, мүтєж болғанымда маған жєрдем етиў ушын сизлердиң жиберген елшиңиз, туўысқаным, шеригим ҳєм Хош Хабар ушын саўаштағы жолдасым Епафродитти сизлерге қайтарып жибериўди мақул кѳрдим. 26 Ѳйткени ол ҳєммеңизди сағынып атыр ҳєм оның аўырып қалғаны ҳаққында хабар тапқаныңыз себепли, қатты уўайымлады. 27 Ол ҳақыйқаттан да, ѳлим тѳсегинде жатты. Деген менен, Кудай оған, тек оған емес, ал қайғы үстине қайғы шекпеўим ушын маған да реҳимлилик етти. 28 Сонлықтан оны жєне кѳрип қуўаныўыңыз ушын ҳєм мениң қайғыларым да жеңиллесиўи ушын, оны қатты асығыслық пенен жаныңызға жиберип атырман. 29 Оны Ийемиздиң атынан үлкен қуўаныш пенен қарсы алыңлар ҳєм усындай адамларды ҳүрмет етиңлер. 30 Себеби сизлердиң маған ете алмаған хызметиңизди етиў ушын, ол ѳз жанын қєўип астына қойып, Масихтың иси ушын бир ѳлимнен қалды.
1 Туўысқанларым, жуўмақлап айтқанда, Ийемиз бенен қатнаста болып қуўаныңлар. Сизлерге бирдей нєрселерди қайталап жазыў мени зериктирмейди, жєне де бул сизлер ушын зыянсыз. 2 Ийттей болған жалған муғаллимлерден, жаманлық ислеўшилерден, қутқарылыў ушын сүннет етилиў тийис, деўшилерден сақ болыңлар! 3 Ѳйткени бизлер – руўхый сүннет етилген Кудайдың халқымыз. Бизлер Кудайға Оның Руўхы арқалы сыйынамыз, Масих Ийса менен мақтанып, ѳз шығысымызға ҳєм ерискен нєрселеримизге сүйенбеймиз. 4 Негизинде мен оларға сүйене алар едим. Егер басқа биреў ѳз шығысыма ҳєм ерискен нєрселериме сүйениўге дєлилим бар деп ойласа, меники оныкинен де кѳбирек: 5 мен сегиз күнлик ўақтымда сүннет етилдим. Израил халқынан, Бенамин урыўынан болған нағыз яҳудиймен. Диний нызам бойынша парисеймен. 6 Диний инта бойынша исениўшилер жємєєтин қуўдалаған ҳєм диний нызам талап еткен ҳақлық бойынша кемшиликсиз адам едим. 7 Бирақ, бир ўақытлары єҳмийетли деп билген бул нєрселеримди енди Масих ушын пайдасыз деп есаплайман. 8 - 9 Аўа, мен ҳємме нєрсени Ийем Масих Ийсаны билиўдиң артықмашылығы алдында пайдасыз деп санайман. Жєне де, мен Масих ушын ҳємме нєрседен бас тарттым ҳєм Оған ерисип, Оның менен бирге болыў ушын, ҳєммесин сыпырынды деп есаплайман. Енди Мухаддес Нызамды орынлаўым арқалы алатуғын ѳз ҳақлығыма емес, ал Масихқа деген исеним арқалы берилетуғын, яғный Кудайдың исенимимизге қарай беретуғын ҳақлығына ийемен. 10 Кєне енди, Масихтың Ѳзин ҳєм Оның қайта тирилиўиниң күшин билип алсам. Оның азапларына қатнасып, ѳлимине де шерик болсам. 11 Солай етип, түбинде ѳлимнен қайта тирилиўге ериссем. 12 Мен буларға єлле қашан ерискеним ямаса жетискеним ушын айтып атырған жоқпан. Ал, Масих мени қандай мақсет ушын таңлап алған болса, мен сол мақсетке жетиўге тырысып атырман. 13 Туўысқанлар, мен ѳзимди усы мақсетке жеттим деп есапламайман. Тек ғана изде қалғанларды естен шығарып, алдындағыларға умтылып атырман. 14 Кудайдың сыйына, Оның Масих Ийса арқалы шақырған аспандағы ѳмирине ерисиў ушын, мен белгиленген мақсетке жетиўге тырысып атырман. 15 Солай етип, арамыздағы исеними жетискен адамлардың ҳєммеси усы ой-пикирге ийе болсын. Егер сизлер басқаша ойлайтуғын болсаңыз, Кудай сизлерге буны да ашып береди. 16 Тек ерискен ҳақыйқатымыз бойынша ѳмир сүрейик. 17 Туўысқанларым, ҳєммеңиз бирликте меннен ѳрнек алыңлар. Бизлердиң сизлерге кѳрсеткен ѳрнегимиз бойынша жасап атырғанларға дыққат аўдарып, олардан үлги алыңлар. 18 Сизлерге кѳп мєрте айтқанымдай, ҳєзир де кѳз жасларымды тѳгип тєкирарлап атырман: кѳп адамлар Масихтың атанақ ағаштағы қурбанлығын қабыл етпей, Оның душпаны болып жасамақта. 19 Бундайлардың тєғдирине набыт болыў жазылған болып, олардың қудайы – ѳз қулқыны. Олар уятсыз қылықлары менен мақтанып, тек бул дүньяның қызығын ғана ойлайды. 20 Бирақ, бизиң ўатанымыз аспанда. Бизлер сол жерден Кутқарыўшымыз болған Ийемиз Ийса Масихтың келиўин күтпектемиз. 21 Ҳємме нєрсени бойсындыра алатуғын қүдирети менен, Ол бизлердиң ҳєлсиз ҳєм ѳткинши денемизди ѳзгертип, Ѳзиниң уллы денесине уқсатады.
1 Сонлықтан ҳєй жүректен сағынып жүрген сүйикли туўысқанларым, қуўанышым ҳєм басымның тажы, Ийемиз бенен қатнасыңыз беккем болсын, қєдирданларым! 2 Еводияға ѳтиниш етемен, Синтихияға да ѳтиниш етемен, Ийемиз бенен қатнаста болған сизлер, аўызбиршиликли болыңлар! 3 Аўа, садық Сизигус саған да жалбарынаман, бул ҳаялларға жєрдем бер. Себеби олар мениң менен, Климент пенен ҳєм басқа хызметшилер менен бирге Хош Хабарды жєриялаў ушын аўыр мийнет етти. Олардың ҳєммесиниң атлары Ѳмир китабында жазылған. 4 Ийемиз бенен қатнаста болып, бєрқулла қуўаныңлар. Тєкирарлап айтаман: қуўаныңлар. 5 Сизлердиң адамгершилигиңиз ҳємме адамларға мєлим болсын. Ийемиздиң келетуғын ўақты жақын. 6 Ҳеш нєрседен тєшиўиш шекпеңлер. Ал ҳємме нєрсе ушын Кудайға дуўа етип ҳєм жалбарынып, ҳєр бир тилегиңизди Оған шүкирлик пенен билдириңлер. 7 Сонда ҳєр қандай ақыл-ойдан зыят болған Кудайдың тынышлығы Масих Ийса арқалы кеўиллериңизди ҳєм ой-пикирлериңизди қорғайды. 8 Туўысқанларым, жуўмақлап айтқанда, тек нелердиң ҳақыйқый, нелердиң ҳүрметли, нелердиң ҳақ, нелердиң пєк, нелердиң унамлы, нелердиң мақтаўға турарлы, жєне де, нениң жақсы ҳєм нениң алғысқа ылайықлы екенин терең ойлаңлар. 9 Меннен нелерди үйренип, қабыл етип, еситип ҳєм кѳрген болсаңыз, соларды ислеңлер. Сонда тынышлық бериўши Кудайдың Ѳзи сизлер менен бирге болады. 10 Маған енди жєне ғамхорлық кѳрсетип атырғаныңыз ушын, мен Ийемизге алғыс айтып, қатты қуўанаман. Єлбетте, сизлер бурын да маған ғамхорлық қылыўды ойлайтуғын едиңиз, бирақ буған мүмкиншилик жоқ еди. 11 Мен бул сѳзлерди мениң бир мүтєжлигим болғанлықтан айтып атырған жоқпан. Ѳйткени мен ҳєр қандай жағдайда да барыма қанаат етиўге үйренгенмен. 12 Жоқшылықта да, молшылықта да жасаўдың не екенин билемен. Ҳєр қандай аўҳалда да: тоқшылықта ҳєм ашлықта, молшылықта ҳєм мүтєжликте жасаўдың сырын үйрендим. 13 Маған күш-қуўат беретуғын Ийса Масих пенен бирге ҳємме нєрсени ислей аламан. 14 Деген менен, сизлер мениң қыйыншылықларымды бѳлисип, жақсы иследиңлер. 15 Ҳєй филиплилер, сизлерге биринши рет Хош Хабарды жєриялап, Македониядан шыққан ўақтымда басқа жємєєтлер емес, ал тек сизлер ғана мениң менен алыс-берис қылғаныңызды ѳзлериңиз де билесизлер. 16 Мен Салоникада болған ўақтымда да сизлер бир неше мєртебе маған мүтєж нєрселеримди жеткиздиңлер. 17 Мен буны сизлерден бир зат алмақшы болып емес, ал сизлердиң есабыңызда руўхый жемис кѳбейсин деп айтып атырман. 18 Менде ҳємме нєрсе бар, ҳєтте, артып та атыр. Епафродит арқалы жиберген нєрселериңизди алғанлығым себепли, ҳеш мүтєжлигим қалмады. Бул нєрселер – хош ийисли түтетки ҳєм Кудай унатып қабыл ететуғын қурбанлық. 19 Мениң Кудайым сизлердиң ҳєр бир мүтєжлигиңизди Масих Ийса арқалы Ѳзиниң салтанатлы байлығы менен қандырады. 20 Єкемиз Кудайға мєңгиге даңқ болсын! Аўмийин. 21 Масих Ийсаға тийисли болған барлық исениўшилерге сєлем айтыңлар. Жанымдағы туўысқанлар сизлерге сєлем айтып атыр. 22 Барлық исениўшилер, єсиресе Рим патшасы-Кайсардың сарайындағылар сизлерге сєлем айтып атыр. 23 Ийемиз Ийса Масихтың мийрими руўхыңызға яр болсын!
1 Кудайдың қєлеўи менен Масих Ийсаның елшиси болған мен, Павелден ҳєм туўысқанымыз Тимофейден, 2 Колоса қаласындағы исениўшилерге, яғный Масихқа садық болған туўысқанларымызға сєлем! Єкемиз Кудай сизлерге мийрим ҳєм тынышлық берсин! 3 Сизлер ушын дуўа еткенимизде, Ийемиз Ийса Масихтың Єкеси – Кудайға бєрқулла шүкирлик билдиремиз. 4 Себеби сизлердиң Масих Ийсаға деген исенимиңиз ҳєм пүткил исениўшилерге деген сүйиспеншилигиңиз ҳаққында еситтик. 5 Сизлердиң бул исенимиңиз ҳєм сүйиспеншилигиңиз аспанда сизлер ушын сақлаўлы турған үмитке негизленген. Сизлер усы үмит ҳаққында ҳақыйқат сѳзлери, яғный Хош Хабар арқалы еситкенсизлер. 6 Бул Хош Хабар сизлерге де жетип келди. Ол пүткил дүнья бойлап адамларды жақсылыққа жетелеп, тарқалмақта. Сол сыяқлы, сизлер Кудайдың мийрими ҳаққында еситип, Оның ҳақыйқатын билип алған күниңизден баслап, Хош Хабар сизлерди де жақсылыққа жетелеп, тарқалмақта. 7 Сизлер Хош Хабар ҳаққында бизлер менен бирге хызмет ететуғын сүйикли Епафрастан тєлим алдыңлар. Усы Епафрас – сизлер ушын мийнет етип атырған Масихтың садық хызметшиси. 8 Сизлердиң Мухаддес Руўхтан алған сүйиспеншилигиңиз ҳаққында да бизлерге ол билдирди. 9 Сол себептен усылар ҳаққында еситкен күнимизден баслап, бизлер де сизлер ушын үзликсиз дуўа етип, Кудайдың қєлеўин пүткил руўхый даналық ҳєм түсиник пенен толық билиўиңиз ушын сорап атырмыз. 10 Бизлер жєне сизлердиң Ийемизге ылайықлы болып жасаўыңыз, Оны ҳєр тєреплеме ырза қылып, ҳєр бир жақсы исте жемис бериўиңиз ҳєм Кудайды билиўде ѳсип барыўыңыз ушын да дуўа етип атырмыз. 11 - 12 Оның уллылығының қүдиретинен толық күш-қуўат алып, ҳємме нєрсеге сабырлылық пенен шыдай алыўыңыз ушын ҳєм Кудай Єкемизге қуўаныш пенен шүкирлик ете алыўыңыз ушын да бизлер дуўа етип атырмыз. Кудай Єкемиз бизлерди нурдағы мухаддеслердиң мийрасына шерик болыўға миясар қылды. 13 Кудай бизлерди қараңғылықтың ҳүкимдарлығынан қутқарып, сүйикли Улының Патшалығына кѳширди. 14 Бизлер Кудайдың Улының қаны арқалы қутқарылдық, яғный гүналарымызға кеширим алдық. 15 Кудайдың Улы болған Масих кѳзге кѳринбейтуғын Кудайдың қандай екенин кѳрсетеди ҳєм Ол жаратылған ҳємме нєрседен бурын бар болған. 16 Ѳйткени аспандағы ҳєм жердеги кѳзге кѳринетуғын ҳєм кѳзге кѳринбейтуғын нєрселердиң ҳєммеси Масих тєрепинен жаратылған: тахтлар, ҳүкимдарлықлар, ҳєкимшилик ҳєм бийликлер, ҳємме нєрсе Ол арқалы ҳєм Ол ушын жаратылды. 17 Масих ҳємме нєрседен бурын бар болған ҳєм ҳємме нєрсе Ол себепли бар болып турыпты. 18 Масих – исениўшилер жємєєтиниң, яғный Ѳз денесиниң басы ҳєм жємєєттиң тийкары. Ол ҳємме нєрседен жоқары болыў ушын, ѳлилер ишинен биринши болып тирилди. 19 Себеби Кудай Ѳзиниң пүткил толылығының Онда болыўын мақул кѳрди. 20 Масихтың атанақ ағаштағы қаны арқалы тынышлық орнатып, Кудай Ол арқалы жер ҳєм аспандағылардың барлығын Ѳзи менен жарастырыўды қєледи. 21 Сизлер бир ўақытлары жаман ис-ҳєрекетлериңиз себепли, кеўиллериңиз бенен Кудайға жат ҳєм душпан едиңлер. 22 Енди болса, Кудай сизлерди Ѳзиниң алдында мухаддес, кемшиликсиз ҳєм айыпсыз қылып қойыў ушын, Масихтың денесиниң ѳлими арқалы сизлерди Ѳзи менен жарастырды. 23 Тек ғана исенимде бєрқулла турақлы ҳєм беккем болып, ѳзлериңиз еситкен Хош Хабардың үмитинен таймасаңыз болғаны. Мен, Павел, аспан астындағы пүткил адамзатқа жєрияланған усы Хош Хабардың хызметшиси болдым. 24 Ҳєзир мен сизлер ушын азап шегип атырғаныма қуўанышлыман. Ѳйткени Масихтың кѳрген қыйыншылықларының жетпеген мѳлшерин Оның денеси болған исениўшилер жємєєти ушын мен ѳз денем менен азап шегип толтырып атырман. 25 Кудайдың маған берген тапсырмасы бойынша Оның сѳзин сизлерге толық жеткизиў ушын, мен исениўшилер жємєєтиниң хызметшиси болдым. 26 Кудайдың Хош Хабары ѳткен єсирлер менен єўладларда жасырын тутылды. Бирақ енди усы сыр Оның мухаддеслерине аян болды. 27 Бул сырдың басқа миллетлер ушын да қаншелли уллы ҳєм бай екенин Кудай Ѳз мухаддеслерине билдириўди уйғарды. Усы сыр – уллылыққа ерисиўге үмит беретуғын ишиңизде жасаўшы Масих. 28 Бизлер усы Масих ҳаққында ҳєммеге жєриялап атырмыз. Масих пенен қатнаста болған ҳєр бир адамды Кудайға жетилискен қылып усыныў ушын, бизлер ҳєр бир адамды ескертип, толық даналық пенен тєлим бермектемиз. 29 Масихтың қүдирети менен менде ҳєрекет етиўши күш бойынша, мен де бул мақсет ушын бар күшимди салып мийнет етпектемен.
1 Мен сизлер ушын, сондай-ақ, Лаодикиядағылар ҳєм мени жүзбе-жүз кѳрмегенлердиң ҳєммеси ушын қаншелли ғайрат салып атырғанымды билиўиңизди қєлеймен. 2 Мениң усы ғайрат салыўымның мақсети – сизлердиң кеўиллериңиз жубаныш таўып, сүйиспеншилик пенен бирлесиўиңизден ибарат. Солай етип, сизлер минсиз түсиниктен пайда болатуғын кємил исеним менен, Кудайдың сыры болған Масихты билип аласызлар. 3 Масихта ақыл-даналықтың пүткил ғєзийнеси жасырылған. 4 Буны мен ҳеш кимниң сизлерди майлы тил менен алдап кетпеўи ушын айтып атырман. 5 Себеби мениң ѳзим араңызда жоқ болсам да, руўхым сизлер менен бирге болып, араңыздағы тєртипти ҳєм Масихқа деген исенимиңиздиң беккемлигин кѳрип, қуўанып атырман. 6 Сонлықтан Масих Ийсаны Ийемиз деп қабыл еткен болсаңыз, Оның менен тығыз қатнаста болып жасаңлар. 7 Онда тамыр жайып ҳєм тикленип, ѳзлериңиз үйренгендей, исенимде беккемленип барыңлар ҳєм Кудайға сансыз шүкирлик билдириңлер. 8 Сақ болыңлар! Масихқа емес, ал адамлардың үрп-єдетлерине ҳєм бул дүньядағы мєниссиз қағыйдаларға тийкарланған философия, бос ҳєм ѳтирик сѳзлер менен ҳеш ким сизлерди олжа етпесин. 9 Ѳйткени қудайлық тєбияттың пүткил толылығы Масихтың денесинде жасайды. 10 Сизлер де ҳєр қандай ҳєкимшилик ҳєм бийликтиң басы Масих пенен қатнаста болып, усы толылыққа еристиңиз. 11 Сизлер Масих пенен қатнаста болып, сүннет етилдиңиз. Бул сүннет адамның қолы менен қылынатуғын сүннет емес, ал Масих тєрепинен исленген сүннет болып, усы арқалы гүнакар тєбиятыңыз кесип тасланады. 12 Суўға шомылдырылғаныңызда Масих пенен бирге кѳмилдиңлер ҳєм Оны ѳлимнен тирилткен Кудайдың күшине исенип, сол ўақытта Оның менен бирге тирилдиңлер. 13 Сизлер гүналарыңыз ҳєм гүнакар тєбиятыңыздың сүннетсизлиги себепли ѳли едиңлер, бирақ Кудай сизлерди Масих пенен бирге тирилтти. Ол барлық гүналарымызды кеширди. 14 Мухаддес Нызам талаплары бойынша бизлерге қарсы айып тағып, ҳүким белгилейтуғын ҳүжетти Кудай ѳширди ҳєм оны атанақ ағашқа шегелеп, жоқ қылды. 15 Ол руўхый ҳєкимлер менен бийлеўшилерди қуралсызландырды. Оларды Масихтың атанақ ағаштағы ѳлими арқалы жеңип, кѳпшиликтиң кѳз алдында масқара етти. 16 Солай етип, жейтуғын ҳєм ишетуғын нєрселерге, байрамға, жаңа айға ямаса дем алыс күнине байланыслы ҳеш ким сизлерди ҳүким етпесин. 17 Булар тек келиўи тийис нєрсениң кѳлеңкеси, ал ҳақыйқатлық болса Масихта. 18 Жалған кишипейилликтен ҳєм периштелерге сыйыныўдан лєззет алатуғын ҳеш ким сизлерди сыйыңыздан айырмасын. Олар тек ѳзлери кѳрген аянларға ғана берилип, ѳз гүнакар тєбиятының ақылы менен себепсиз кѳкирек кѳтереди. 19 Бундайлар исениўшилер жємєєтиниң басы болған Масих пенен байланысты үзген. Єне усы бастан пүткил дене буўын ҳєм сиңирдиң жєрдеми менен күш алып ҳєм бирлесип, Кудайдың қєлеген жолы менен ѳсип барады. 20 - 21 Егер сизлер Масих пенен бирге бул дүньяның мєниссиз қағыйдалары ушын ѳлген болсаңлар, онда неге бул дүньяға тийисли адамлар сыяқлы: «Услама», «Жеме» ҳєм «Кол тийгизбе» деген қағыйдаларға қулақ асасыз? 22 Бундай қағыйдалардың ҳєммеси қолланыў арқалы жоқ болатуғын нєрселерге байланыслы болып, адамлардың буйрық ҳєм тєлийматларына тийкарланған. 23 Аўа, бул қағыйдалар жалған диндарлық, жалған кишипейиллик ҳєм денени қыйнаў бойынша ақыллыдай болып кѳринеди. Бирақ гүнакар тєбияттың қєлеўлерин жүўенлеўде олардың ҳеш қандай пайдасы жоқ.
1 Солай етип, Масих пенен бирге тирилген болсаңыз, онда аспандағы нєрселерди излеңлер. Масих сол жерде, Кудайдың оң жағында отырыпты. 2 Жердеги емес, ал аспандағы нєрселерди ойлаңлар. 3 Себеби сизлер дүнья ушын ѳлгенсизлер ҳєм жаңа ѳмириңиз Масих пенен бирге Кудайда жасырылған. 4 Ѳмириңиз болған Масих келгенде, сизлер де Оның менен бирликте салтанат пенен кѳринесиз. 5 Сонлықтан ѳзлериңиздеги жерге тийисли болған жаман єдетлерди: бузықшылық, ҳарамылық, нєпсиқумарлық, жаман қєлеўлер ҳєм нєпсиқаўлық болған бутқа табыныўшылықты жоқ қылыңлар. 6 Булар себепли, сѳзге қулақ аспайтуғынларға Кудайдың ғєзеби келеди. 7 Бурын сизлер де усындай адамлардың арасында жасағаныңызда, сондай ис-ҳєрекетлерди иследиңлер. 8 Бирақ енди ҳєммесин: ашыў, ғєзеп ҳєм жек кѳриўшиликти қойыңлар. Аўзыңыздан ҳеш қандай ѳсек ҳєм сѳгис сѳз шықпасын. 9 Бир-бириңизге ѳтирик сѳйлемеңлер. Ѳйткени сизлер ески тєбиятыңызды оның жаман ислери менен таслап, 10 жаңа тєбиятқа ийе болдыңлар. Бул жаңа тєбиятқа ийе адам Кудайды толық билиў ушын, ѳз Жаратыўшысына уқсап барады. 11 Солай етип, жаңа тєбиятқа ийе адамлар арасында грек ҳєм яҳудий, сүннетли ҳєм сүннетсиз, варвар ҳєм скиф, қул ҳєм азат адам болып бѳлиниў жоқ. Ал ең єҳмийетлиси, ҳємме исениўшилерде жасайтуғын тек Масих ғана бар. 12 Кудайдың таңлап алған мухаддес ҳєм сүйикли адамлары сыпатында реҳимлилик, жақсылық, кишипейиллик, мүлєйимлилик ҳєм сабырлылық пенен жасаңлар. 13 Бир-бириңизге шыдамлы ҳєм кеширимли болыңлар. Егер ким де ким биреўден ѳкпели болса, Ийемиздиң сизлерди кеширгени сыяқлы, сизлер де бир-бириңизди кешириңлер. 14 Булардың ҳєммесине қосымша сүйиспеншилик пенен жасаңлар. Ол минсиз бирликке еристиреди. 15 Жүреклериңизде Масихтың тынышлығы ҳүкимдарлық етсин. Сизлер бир денениң мүшелери болып, усы тынышлыққа шақырылдыңыз. Жєне де, шүкирлик билдириңлер. 16 Масихтың сѳзи пүткил байлығы менен ишиңизде жасасын. Бир-бириңизге толық даналық пенен тєлим берип, ақыл-нєсият етиңлер. Кудайға шүкирлик билдирип, Оған Забур жырларын, алғыс-мақтаў қосықларын ҳєм Мухаддес Руўхтың илҳамы менен жазылған қосықларды шын жүректен айтыңлар. 17 Сѳзиңиз ямаса исиңиз бенен қылған ҳєр бир нєрсени Ийемиз Ийсаның аты ушын, Ол арқалы Єкемиз Кудайға шүкирлик етип ислеңлер. 18 Ҳєй ҳаяллар, күйеўлериңизге бойсыныңлар. Бул Ийемизге тийисли болған ҳаялларға минєсип. 19 Ҳєй күйеўлер, ҳаялларыңызды сүйиңлер. Оларға қопал қатнаста болмаңлар. 20 Ҳєй балалар, ҳємме нєрседе ата-аналарыңыздың сѳзин тыңлаңлар. Себеби бул Ийемизге унайды. 21 Ҳєй єкелер, руўхы түспеўи ушын, балаларыңыздың ашыўын келтирмеңлер. 22 Ҳєй қуллар, дүньядағы хожайынларыңызға ҳємме нєрседе бойсыныңлар. Буны тек оларға жағыныў ушын кѳзабаға емес, ал Ийемизден қорқып, шын жүректен ислеңлер. 23 - 24 Ийемизден сыйлық ретинде мийрас алатуғыныңызды билип, не ислесеңиз де адамлар ушын емес, ал Ийемиз ушын ислеп атырғандай болып, шын жүректен ислеңлер. Ѳйткени сизлер Ийемиз Масихқа хызмет етип атырсызлар. 25 Наҳақ ис ислеген адамға наҳақлығына ылайық қайтарылады. Кудай ҳеш кимди айырмайды.
1 Ҳєй хожайынлар, аспанда сизлердиң де Ийеңиз бар екенин билип, қулларыңызға єдиллик ҳєм теңлик пенен қатнас жасаңлар. 2 Бєрқулла дуўа етиңлер. Дуўа еткениңизде шүкирлик билдирип, сергек болыңлар. 3 Бизлер ушын да дуўа етиңлер: Масихтың сыры ҳаққында Ѳз сѳзин жєриялай алыўымыз ушын, Кудай бизлерге жол ашсын. Мен усы сыр ушын тутқындаман. 4 Бул сырды тийисли түрде, түсиникли етип айта алыўым ушын да дуўа етиңлер. 5 Ўақыттан жақсы пайдаланып, жємєєттиң сыртындағы адамларға ақыллылық пенен қатнас жасаңлар. 6 Сѳзиңиз ҳємме ўақытта жағымлы ҳєм дузлы болсын. Сонда сизлер ҳєр бир адамға қалай жуўап бериў кереклигин билип аласызлар. 7 Ийемизге мениң менен бирге хызмет ететуғын исенимли хызметши болған сүйикли туўысқанымыз Тихик мен туўралы ҳємме хабарды сизлерге билдиреди. 8 Мине, мен усы мақсет пенен оны сизлерге жиберип атырман. Ол ҳал-жағдайымызды билдирип, сизлердиң кеўиллериңизге жубаныш береди. 9 Тихик пенен бирге жерлесиңиз, исенимли ҳєм сүйикли туўысқанымыз болған Онисимди де жиберип атырман. Олар сизлерге бул жерде болып атырған барлық ўақыялар ҳаққында айтып береди. 10 Мениң менен бирге қамақта отырған жолдасым Аристарх ҳєм Барнабаның аталас иниси Марк сизлерге сєлем айтып атыр. Сизлер Марк ҳаққында нусқаў алған едиңлер: егер ол сизлерге барса, оны қабыл етиңлер. 11 Юстус деп аталатуғын Ешу да сизлерге сєлем айтып атыр. Яҳудийлер ишинен тек усылар ғана мениң менен бирге Кудайдың Патшалығы ушын хызмет етпекте. Олар маған жубаныш болды. 12 Масих Ийсаның хызметшиси болған жерлесиңиз Епафрас сизлерге сєлем айтып атыр. Сизлерди Кудайдың ҳєр бир еркине толық исенсин ҳєм минсиз адамлар болсын деп, ол сизлер ушын бар күши менен үзликсиз дуўа етип атыр. 13 Сизлер ушын ҳєм Лаодикия менен Ераполда болғанлар ушын, оның кѳп мийнет еткенине мен гүўаман. 14 Сүйикли шыпакер Лука менен Димас та сизлерге сєлем айтып атыр. 15 Лаодикиядағы туўысқанларға, Нимфаға ҳєм оның үйиндеги жємєєтке сєлем айтыңлар. 16 Бул хат араңызда оқылғаннан соң, оны Лаодикия жємєєтинде де оқытың. Сизлер де Лаодикиядан келген хатты оқыңлар. 17 Архипке мынаны айтып қойыңлар: «Ийемизден қабыл еткен хызметиңди орынлаўға инталы бол!» 18 Мен, Павел, бул сєлемнаманы ѳз қолым менен жазып атырман. Мениң тутқынлығымды умытпаңлар. Кудайдың мийрими сизлерге яр болсын!
1 Єкемиз Кудайға ҳєм Ийемиз Ийса Масихқа тийисли болған Салоника исениўшилериниң жємєєтине, Павел, Сила ҳєм Тимофейден сєлем! Сизлерге Кудайдың мийрими ҳєм тынышлығы яр болсын! 2 Дуўа еткенимизде сизлерди тилге алып, бєрқулла ҳєммеңиз ушын Кудайға шүкирлик билдиремиз. 3 Кудай Єкемиздиң алдында исенимиңиздиң жемиси болған ис-ҳєрекетиңизди, сүйиспеншилигиңизге тийкарланған мийнетиңизди ҳєм Ийемиз Ийса Масихқа деген үмитиңизден пайда болған шыдамлылығыңызды үзликсиз еске аламыз. 4 Кудай сүйген туўысқанларым! Оның сизлерди таңлап алғанын бизлер билемиз. 5 Себеби сизлерге жєрияланған Хош Хабар тек сѳз бенен ғана емес, ал қүдирет, Мухаддес Руўх ҳєм толық исеним менен жеткизилди. Сизлердиң пайдаңыз ушын араңызда қалай жасағанымызды билесизлер. 6 Кѳп азап-ақыретлерге қарамай, сизлер Мухаддес Руўхтың берген қуўанышы менен Кудайдың сѳзин қабыл етип, бизлерге ҳєм Ийемизге еликлеўшилер болдыңлар. 7 Солай етип, Македония ҳєм Ахаядағы пүткил исениўшилерге сизлер үлги болдыңлар. 8 Ѳйткени Ийемиздиң сѳзи сизлерден тарқап, Кудайға деген исенимиңиз ҳаққында хабар тек Македония ҳєм Ахаяға емес, ал ҳємме жерге жетип барды. Сонлықтан бизлердиң бул ҳаққында бир нєрсе айтыўымызға ҳєжет қалмады. 9 Себеби олардың ѳзлери бизлерди қаншелли жақсы қабыл алғаныңызды ҳєм ҳақыйқый тири Кудайға хызмет етиў ушын қалай бутларды таслап, Кудайға қайтқаныңызды айтып берди. 10 Жєне бизлерди келешектеги қєҳєрли жазадан қутқаратуғын Кудайдың Ѳзи ѳлимнен тирилткен Улы Ийсаның аспаннан келиўин күтип атырғаныңызды да олар сѳз етти.
1 Туўысқанлар! Сизлерге болған сапарымыздың босқа кетпегенин ѳзлериңиз де билесиз. 2 Бирақ ѳзлериңизге мєлим, буннан алдын Филипте азап шегип, масқараланыўға дуўшар болған едик. Деген менен, күшли қарама-қарсылықларға қарамастан, Кудайдың Хош Хабарын сизлерге жєриялаў ушын, бизлер Кудайымыздан мєртлик алып туратуғын едик. 3 Ѳйткени бизлердиң ақыл-нєсиятымыз ѳтирик ямаса напєк нийет ҳєм ҳийлеге негизленбеген еди. 4 Керисинше, Кудай бизлерди минєсип кѳрип, бизлерге Хош Хабарды исенип тапсырды. Сонлықтан бизлер адамларға емес, ал кеўиллеримизди сынайтуғын Кудайға унаў ушын Хош Хабарды жєриялап жүрмиз. 5 Хабарыңыз бар, бизлер ҳеш қашан жағымпазлық сѳзлери ямаса пайдакүнемлик нықабы менен келмедик. Кудай буған гүўа. 6 Жєне бизлер ҳеш кимнен: я сизлерден, я басқалардан ҳүрмет-мақтаў излеп жүрген жоқпыз. 7 Масихтың елшилери сыпатында сизлерге аўырманлық салыўымызға болар еди. Бирақ, балаларына ғамхор болған ана сыяқлы, сизлерге мүлєйим болдық. 8 Сизлерди усылай жақсы кѳрип, сизлерге тек Кудайдың Хош Хабарын емес, ал ѳз жанларымызды бериўге де қайыл едик. Себеби сизлер бизлер ушын соншелли қєдирли едиңиз. 9 Туўысқанлар! Бизлердиң аўыр мийнетимиз ҳєм қыйыншылықларымыз ядыңызда. Ҳеш бириңизге аўырманлығымыз түспеўи ушын, күни-түни мийнет етип, сизлерге Кудайдың Хош Хабарын жєрияладық. 10 Сиз исениўшилердиң алдында қандай мухаддес, ҳақ ҳєм кемшиликсиз болып жасағанымызға сизлер де, Кудай да гүўа. 11 Хабарыңыз бар, бир єке ѳз балаларына қандай қатнас жасаса, бизлер де сизлердиң ҳєр бириңизге сондай қатнас жасадық. 12 Сизлерге ақыл-нєсият ҳєм жубаныш берип, Ѳз Патшалығына ҳєм салтанатына шақырған Кудайға ылайықлы жасаўды ѳтиниш еттик. 13 Бизлер Кудайға жєне бир нєрсе ушын үзликсиз шүкирлик етемиз. Ѳйткени сизлер Кудайдың сѳзин бизлерден еситип қабыл еткениңизде, буны адамның сѳзи сыпатында емес, ал Кудайдың сѳзи сыпатында қабыл еттиңлер. Бул сѳз ҳақыйқаттан Кудайдың сѳзи болғанлықтан, сиз исениўшилерде ҳєрекет етпекте. 14 Себеби туўысқанлар, сизлер Масих Ийсаға тийисли болған Яҳудиядағы Кудайдың жємєєтлерине еликлеўшилер болдыңлар. Олар яҳудийлерден қандай азап-ақырет кѳрген болса, сизлер де ѳз миллетиңизден сондай азап-ақырет кѳрдиңлер. 15 Ийемиз Ийсаны ҳєм пайғамбарларды ѳлтирген яҳудийлер бизлерди де қуўып шығарды ҳєм олар Кудайды нарийза қылып, пүткил адамларға душпанлық ислеп атыр. 16 Басқа миллетлердиң қутқарылыўы ушын, бизлердиң сѳйлеўимизге олар тосқынлық жасап, ҳєр қашан ѳз гүналарының мѳлшерин толтырып атыр. Бирақ олар ақырында Кудайдың ғєзебине ушырайды. 17 Туўысқанлар, сизлерден аз ўақытқа айра түсирилип, ѳзлеримиз алыста болсақ та, кеўиллеримиз сизлер менен бирге еди. Сизлерди жүдє сағынып, дийдар кѳрисиўге қатты тырыстық. 18 Сонлықтан сизлерге барғымыз келип, єсиресе мен, Павел, бир неше мєрте бармақшы болғанымда, шайтан бизлерге кесент етти. 19 Бизлердиң үмитимиз, қуўанышымыз ҳєм Ийемиз Ийса келгенде, Оның алдында кийетуғын мақтаў тажымыз не? Сизлер емессиз бе? 20 Аўа, мақтанышымыз ҳєм қуўанышымыз сизлерсиз.
1 Солай етип, бизлер артық шыдай алмай, Афинада жалғыз қалыўды уйғардық. 2 Исенимиңизди беккемлеп, сизлерди жигерлендириў ушын, Масихтың Хош Хабарын жєриялайтуғын Кудайдың хызметшиси, туўысқанымыз Тимофейди сизлерге жибердик. 3 Азап-ақыретлер себепли ҳеш ким исенимде силкинбесин деп, бизлер усылай иследик. Азап шегиў тєғдиримизге жазылғаны ѳзлериңизге мєлим. 4 Ѳйткени сизлер менен бирге болғанымызда, азап шегетуғынымызды алдын айтқан едик. Хабарыңыз бар, айтқанымыздай анық солай болды да. 5 Сонлықтан мен де артық шыдай алмай, азғырыўшы сизлерди азғырып, мийнетимиз босқа кетпесин деп, исенимиңиздиң жағдайын билиў ушын Тимофейди сизлерге жибердим. 6 Бирақ, сизлердиң жаныңыздан бизлерге жаңа ғана қайтып келген Тимофей сизлердиң исенимиңиз ҳєм сүйиспеншилигиңиз ҳаққында қуўанышлы хабар алып келди. Бизлерди бєрқулла жақсы ой менен еске алып, бизлердиң сизлерди сағынғанымыздай, сизлердиң де бизлерди сағынып атырғаныңызды айтып берди. 7 Сол себептен туўысқанлар, қыйыншылықлы ҳєм азап-ақыретли жағдайда сизлердиң исенимиңиз себепли жигерленип қалдық. 8 Себеби сизлер Ийемиз бенен беккем байланыста болсаңыз, бизлердиң жанымыз жай табады. 9 Кудайымыздың алдында сизлер себепли алған барлық қуўанышымыздың есесин Оған қанша шүкирлик айтып қайтарсақ та аз. 10 Сизлер менен жүзбе-жүз кѳрисиў ушын ҳєм исенимиңиздеги жетиспеген нєрселерди толықтырыў ушын, күни-түни бар күшимиз бенен дуўа етип атырмыз. 11 Єкемиз Кудайдың Ѳзи ҳєм Ийемиз Ийса сизлерге барыўға жолымызды ашсын! 12 Ийемиз бир-бириңизге ҳєм пүткил адамларға деген сүйиспеншилигиңизди бизлердиң сизлерге деген сүйиспеншилигимиз сыяқлы кѳбейтип арттырсын! 13 Солай етип, Ийемиз Ийса Ѳзиниң пүткил мухаддеслери менен келгенде, Єкемиз Кудайдың алдында мухаддесликте кемшиликсиз болыўыңыз ушын, жүреклериңизди беккемлесин.
1 Енди болса, туўысқанлар, Кудайға унаў ушын қалай жасаў кереклигин сизлер бизлерден үйрендиңиз. Ҳєзир усылай жасап атырсыз да. Бул исте жєне де алға илгерилеўиңизди Ийемиз Ийсаның аты менен сизлерден ѳтиниш етип сораймыз. 2 Ѳйткени Ийемиз Ийсаның бийлиги менен сизлерге қандай жол-жорықларды бергенимизди ѳзлериңиз билесизлер. 3 Кудайдың ерки – сизлердиң мухаддес болыўыңыздан ибарат. Яғный, Ол сизлердиң жынысый бузықшылықтан аўлақ жүриўиңизди, 4 ҳєр бириңиздиң ѳз денесин қєдирлеп, мухаддес қылып сақлаўын 5 ҳєм Кудайды билмейтуғын бутқа табыныўшылар сыяқлы бузық қєлеўлерге берилмеўин қєлейди. 6 Ҳеш ким усындай исте туўысқанына қыянет етип, ҳарамылық ислемесин. Бурын сизлерге айтқанымыз ҳєм ескерткенимиздей, Ийемиз бундай барлық ислер ушын адамларды жазалайды. 7 Себеби Кудай бизлерди ҳарам болып жасаў ушын емес, ал мухаддес болып жасаў ушын шақырды. 8 Солай етип, бул жол-жорықты қабыл алмаған адам адамды емес, ал Мухаддес Руўхын сизлерге берген Кудайды қабыл алмаған болады. 9 Бирақ туўысқанлық сүйиспеншилик ҳаққында биреўдиң сизлерге бир нєрсе жазыўына ҳєжет жоқ. Ѳйткени бир-бириңизди сүйиўди сизлер Кудайдан үйрендиңлер. 10 Сизлер ҳақыйқаттан да пүткил Македониядағы туўысқанлардың ҳєммесин сүйесизлер. Туўысқанлар, бул исте жєне де алға илгерилеўиңизди сизлерден ѳтиниш етемиз. 11 Жєне де, сизлерге жол-жорық бергенимиздей, тыныш ѳмир сүриўди, ѳз исиңизге кеўил бѳлиўди ҳєм қолларыңыз бенен мийнет етиўди мақсет етип қойыңлар. 12 Солай етип, сизлер жємєєттен тыс адамлардың алдында ҳүрмет-иззетли ѳмир сүресизлер ҳєм ҳеш кимнен ғєрезли болмайсызлар. 13 Туўысқанлар! Үмитсиз жасайтуғын басқа адамлар сыяқлы қайғырмаўыңыз ушын, бул дүньядан кѳз жумғанлар ҳаққында сизлердиң хабарсыз қалыўыңызды қєлемеймиз. 14 Себеби бизлер Ийсаның ѳлип, қайта тирилгенине исенемиз. Сол сыяқлы, Ийсаға исенип, бул дүньядан кѳз жумғанларды Кудай Оның менен бирге қайта алып келетуғынына да исенемиз. 15 Ийемиздиң сѳзине тийкарланып, сизлерге мынаны билдиремиз: ҳєзир тири болып жасап атырған бизлер, яғный Ийемиз келемен дегенше тири жүретуғынлар бул дүньядан кѳз жумғанлардан ҳеш артық емеспиз. 16 Ѳйткени Ийемиздиң Ѳзи буйырған бєлент даўыс, бас периштениң сести ҳєм Кудайдың кєрнайы менен аспаннан келгенде, дєслеп Масихқа исенген ѳлилер тириледи. 17 Оннан соң, жасап атырған бизлер, яғный тири қалғанлар олар менен бирликте Ийемизди ҳаўада күтип алыў ушын, бултлар ишине алынып кѳтерилемиз. Солай етип, ҳємме ўақыт Ийемиз бенен бирге боламыз. 18 Мине, усы сѳзлер менен бир-бириңизди жубатыңлар.
1 Туўысқанлар! Бул ўақыялардың ўақыт ҳєм мєўсимлери ҳаққында сизлерге жазыўдың кереги жоқ. 2 Себеби Ийемиздиң күни түнде урының келиўи сыяқлы келетуғынын сизлер анық билесизлер. 3 Адамлар: «Ҳєммеси тыныш ҳєм қєўипсиз», – дегенде, жүкли ҳаялды бирден толғақ тутқандай, олар тосаттан апатқа ушырап, қашып қутыла алмайды. 4 Бирақ туўысқанлар, сизлер қараңғылықта болмағанлықтан, сол күн сизлерди уры түскендей ғапылда қалдырмайды. 5 Сизлердиң ҳєммеңиз нурдың ҳєм күндиздиң балаларысыз. Бизлер түнге ямаса қараңғылыққа тийисли емеспиз. 6 Сонлықтан басқалар сыяқлы уйықламайық, ояў ҳєм сергек болайық. 7 Ѳйткени уйықлайтуғынлар түнде уйықлайды, мєс болатуғынлар да түнде мєс болады. 8 Ал күндизге тийисли болған бизлер сергек болайық, исеним ҳєм сүйиспеншиликти саўыт қылып, қутқарылыўға деген үмитти басымызға дуўлыға қылып кийейик. 9 Себеби Кудай бизлерди Ѳзиниң ғєзебине ушыраўымыз ушын емес, ал Ийемиз Ийса Масих арқалы қутқарылыўымыз ушын тайынлады. 10 Тири болсақ та, ѳли болсақ та, бизлерди Ѳзи менен бирге жасасын деп, Ийса Масих бизлер ушын ѳлди. 11 Сонлықтан ҳєзир ислеп атырғаныңыздай, бир-бириңизди жигерлендирип, бир-бириңиздиң исенимиңизди беккемлей бериңлер. 12 Туўысқанлар! Араңызда мийнет еткенлердиң, яғный Ийемиздиң жолында сизлерге жолбасшылық қылып, ақыл-нєсият бергенлердиң қєдирин билиўиңизди сизлерден ѳтиниш етемиз. 13 Ислеген ислери ушын оларды сүйип, шексиз ҳүрмет етиңлер. Ѳз ара татыў жасаңлар. 14 Сизлерге жалбарынамыз, туўысқанлар, ис жақпасларға ескертиў жасап, жүрексизлерди жигерлендириңлер, күшсизлерге жєрдем берип, ҳєммеге сабырлы болыңлар. 15 Абайлы болыңлар, ҳеш ким жаманлыққа жаманлық пенен жуўап қайтармасын. Керисинше, ҳємме ўақытта бир-бириңизге ҳєм пүткил адамларға жақсылық ислеўге умтылыңлар. 16 Бєрқулла қуўаныңлар. 17 Тынбай дуўа етиңлер. 18 Кандай аўҳал болса да, Кудайға шүкирлик билдириңлер. Ѳйткени Масих Ийсаға тийисли болған сизлерге деген Кудайдың ерки усылар. 19 Мухаддес Руўхтың исин тоқтатпаңлар. 20 Пайғамбаршылық сѳзлерин кемситпеңлер. 21 Бирақ, ҳємме нєрсени сынап кѳриңлер. Жақсылыққа жабысып алыңлар. 22 Ҳєр қандай жаманлықтан қашыңлар. 23 Тынышлық бериўши Кудайдың Ѳзи сизлерди толық мухаддес қылсын: пүткил руўхыңыз, жаныңыз ҳєм денеңизди Ийемиз Ийса Масихтың келиўине кемшиликсиз қылып сақласын. 24 Сизлерди шақырған Кудай садық, Ол усыны ємелге асырады. 25 Туўысқанлар, бизлер ушын дуўа етиңлер. 26 Барлық туўысқанларды мухаддес поса менен сүйип, сєлем айтыңлар. 27 Бул хаттың ҳємме туўысқанларға оқып берилиўин Ийемиздиң аты менен сизлерге қатаң түрде тапсыраман. 28 Ийемиз Ийса Масихтың мийрими сизлерге яр болсын!
1 Єкемиз Кудайға ҳєм Ийемиз Ийса Масихқа тийисли болған Салоника исениўшилериниң жємєєтине, Павел, Сила ҳєм Тимофейден сєлем! 2 Єкемиз Кудайдың ҳєм Ийемиз Ийса Масихтың мийрими ҳєм тынышлығы сизлерге яр болсын! 3 Туўысқанлар! Сизлер ушын ҳємме ўақытта Кудайға шүкирлик етиў парызымыз. Усылай ислеўимиз орынлы. Себеби исенимиңиз күн сайын ѳсип, ҳєр қайсысыңыздың бир-бириңизге деген сүйиспеншилигиңиз артып бармақта. 4 Сонлықтан бизлер басыңыздан кешип атырған барлық қуўдалаў ҳєм азап-ақыретлер ўақтындағы сизлердиң сабырлылығыңыз ҳєм исенимиңиз ушын Кудайдың жємєєтлеринде сизлер менен мақтанамыз. 5 Булардың ҳєммеси Кудайдың єдил жазасының белгиси. Нєтийжеде, шегип атырған азабыңыз ушын сизлер Кудайдың Патшалығына ылайықлы деп саналасызлар. 6 Кудай єдил: сизлерге азап бергенлерге Ол азап пенен жуўап қайтарады. 7 Азап шегип атырған сизлерге болса, бизлер менен бирге тынышлық береди. Булардың ҳєммеси Ийемиз Ийса Ѳзиниң қүдиретли периштелери менен жалынлаған от ишинде аспанда кѳрингенде жүз береди. 8 Сонда Ийемиз Ийса Кудайды билмейтуғынларды ҳєм Ѳзи ҳаққында Хош Хабарға бойсынбағанларды жазалайды. 9 Олар мєңги набыт болыўға ҳүким етилип, Ийемиздиң жүзинен ҳєм қүдиретли салтанатынан алыслатылады. 10 Ийемиз келген күни Ѳз мухаддеслери тєрепинен уллыланып, пүткил исениўшилер тєрепинен алғысланады. Олардың арасында сизлер де боласызлар. Ѳйткени бизлердиң Ол ҳаққында берген гүўалығымызға исендиңлер. 11 Сонлықтан сизлер ушын бєрқулла дуўа етип атырмыз: Кудайымыз сизлерди Ѳзи шақырған ѳмирге ылайықлы қылсын, ҳєр түрли жақсы арзыў-єрманыңызды ҳєм исенимге тийкарланған ҳєр бир исиңизди Ѳз қүдирети менен ємелге асырсын. 12 Солай етип, Кудайымыздың ҳєм Ийемиз Ийса Масихтың мийрими менен, Ийемиз Ийсаның аты сизлер арқалы уллылансын ҳєм сизлер де Ол тєрепинен мєртебели болыңлар.
1 Туўысқанлар! Енди Ийса Масихтың қайта келиўине ҳєм бизлердиң Оның алдына жыйналыўымызға байланыслы сизлерден мыналарды ѳтинемиз. 2 Ийемиздиң күниниң єлле қашан келгенин айтқан ҳєр қандай пайғамбаршылық, сѳз ямаса бизлер жибергендей етип кѳрсетилген хат себепли ақылдан дєрҳал азып, тєшиўишленбеңлер. 3 Ѳзлериңизди ҳеш кимге ҳеш қандай жол менен алдатпаңлар. Себеби сол күн келиўге дейин дєслеп исенимнен қайтыў басланып, нызамды бузыўшы, яғный тєғдирине набыт болыў жазылған адам пайда болады. 4 Сол адам – Кудайға ямаса адамлар «қудай» деп сыйынатуғын ҳєр бир нєрсеге қарсы шығып, ѳзин ҳєммеден жоқары қояды, ҳєтте, ол Кудайдың Ибадатханасындағы Мухаддесханада отырып, ѳзин «қудайман» деп жєриялайды. 5 Сизлер менен бирге болғанымда усыларды айтқаным еслериңизде жоқ па? 6 Сол адамның ѳз ўақтында пайда болыўына дейин ҳєзир оны не услап турғанын билесизлер. 7 Аўа, нызамсызлықтың сырлы күшлери єлле қашан ҳєрекет етпекте. Бирақ усы күшти услап турыўшы жоқ қылынбағанша, ол ѳз исин даўам ете береди. 8 Буннан соң, нызамды бузыўшы пайда болады. Бирақ Ийемиз Ийса оны аўзынан шыққан деми менен ѳлтиреди ҳєм Ѳзиниң уллы салтанаты менен келгенде жоқ қылады. 9 Сол адам шайтанның күши менен келип, ҳєр түрли қүдирет, жалған белгилер менен таң қаларлық нєрселерди 10 ҳєм набыт болатуғынларды алдаўшы ҳєр түрли жаманлықларды кѳрсетеди. Ѳйткени олар ѳзлериниң қутқарылыўы ушын ҳақыйқатлықты сүйиўден бас тартқанлықтан, набыт болады. 11 Сонлықтан жалғанға исенсин деп, Кудай оларға алдаўшы бир күш жибереди. 12 Солай етип, ҳақыйқатқа исенбей, жаманлықтан рєҳєтленетуғынлардың ҳєммеси ҳүким етиледи. 13 Бирақ бизлер Ийемиз сүйген туўысқанларымыз болған сизлер ушын ҳємме ўақыт Кудайға шүкирлик етиўге парызлымыз. Себеби Кудай Мухаддес Руўх тєрепинен мухаддес қылыныўыңыз арқалы ҳєм ҳақыйқатқа исениўиңиз арқалы қутқарылыўыңыз ушын, сизлерди єўел бастан таңлап алған еди. 14 Ийемиз Ийса Масихтың уллылығына ерисиўиңиз ушын, бизлер жєриялаған Хош Хабар арқалы Кудай сизлерди усы қутқарылыўға шақырды. 15 Сол себепли, туўысқанларым, беккем турыңлар! Бизлердиң сѳз ямаса хат арқалы сизлерге үйреткен тєлийматымыз бойынша ис тутыңлар. 16 Ийемиз Ийса Масихтың Ѳзи ҳєм бизлерди сүйип, мийрим-шєпєєти менен бизлерге шексиз жубаныш ҳєм жақсы үмит берген Єкемиз Кудай 17 сизлердиң кеўиллериңизди жигерлендирип, ҳєр қандай жақсы исте де, сѳзде де күш-қуўат берсин.
1 Кулласы, туўысқанлар, Ийемиздиң сѳзи сизлердиң араңызда қалай жайылған болса, еле де солай тезлик пенен жайылып, ҳүрметке бѳлене берсин деп, бизлер ушын дуўа етиңлер. 2 Жаман ҳєм жаўыз адамлардан қутылыўымыз ушын да дуўа етиңлер. Ѳйткени адамлардың ҳєммеси исениўши емес. 3 Бирақ, Ийемиз садық. Ол сизлерге күш-қуўат берип, шайтаннан сақлайды. 4 Ийемиз сизлер менен қарым-қатнаста болғанлықтан, буйырғанларымызды ислеп атырғаныңызға ҳєм ислейтуғыныңызға исенемиз. 5 Ийемиз жүреклериңизди Кудайдың сүйиспеншилигине ҳєм Масихтың сабырлылығына қарай жетелесин. 6 Туўысқанлар! Ийемиз Ийса Масихтың аты менен буйырамыз: бизлерден алған тєлийматты тыңламай, исжақпаслық етип жүрген барлық туўысқанлардан аўлақ жүриңлер! 7 Бизлерден қалай ѳрнек алыўыңыз керек екенлигин ѳзлериңиз билесизлер. Себеби бизлер араңызда болғанымызда, талапсыз жүрген жоқпыз. 8 Ҳеш кимниң нанын бийпул жемедик. Керисинше, ҳеш бириңизге аўырманлығымыз түспесин деп, күни-түни аўыр мийнет еттик. 9 Жєрдемиңизди қабыл етиўге ҳақымыз болмағаны себепли емес, ал сизлер бизлерге еликлесин деп, ѳрнек болыўымыз ушын усылай иследик. 10 Ҳєтте, бизлер сизлер менен бирге болғанымызда: «Ким де ким мийнет етиўди қєлемесе, аўқат та жемесин», – деген буйрықты берген еди. 11 Ѳйткени араңыздағы айырымлардың талапсыз болып, ҳеш жумыс ислемей, басқалардың исине араласып жүргенин еситип атырмыз. 12 Бундай адамларға Ийемиз Ийса Масихтың аты менен жалбарынамыз ҳєм мынаны буйырамыз: тыныш мийнет етип, ѳз нанын ѳзи таўып жесин. 13 Ал сизлер, туўысқанлар, жақсы ис ислеўден жалықпаңлар. 14 Егер бул хаттағы сѳзлеримизге қулақ аспағанлар болса, оны айырып қойыңлар. Оны уялтыў ушын, байланысты үзиңлер. 15 Бирақ, оны душпан деп санамай, туўысқан сыпатында ескертиңлер. 16 Тынышлық бериўши Ийемиздиң Ѳзи сизлерге ҳємме ўақытта, ҳєр қандай жағдайда тынышлық берсин. Ийемиз ҳєммеңизге яр болсын! 17 Мен, Павел, бул сєлемди ѳз қолым менен жазып атырман. Мениң ҳєр бир хатымда бул белги бар. Мен усылай жазаман. 18 Ийемиз Ийса Масихтың мийрими ҳєммеңизге яр болсын!
1 Кутқарыўшымыз Кудайдың ҳєм үмитимиз Масих Ийсаның буйрығы менен Масих Ийсаның елшиси болған мен, Павелден, 2 исенимдеги ҳақыйқый улым болған Тимофейге сєлем! Єкемиз Кудай ҳєм Ийемиз Масих Ийса саған мийрим, реҳим ҳєм тынышлық берсин! 3 Мен Македонияға кетип баратырғанымда саған ѳтиниш еткенимдей, Ефесте қал. Ол жердеги айырым адамларға жалған тєлийматларды үйретпеўди, 4 аңызлар ҳєм шексиз шежирелер менен бєнт болмаўды буйыр. Булар исеним арқалы билинетуғын Кудайдың ислерине пайда бериўдиң орнына, тартысларды келтирип шығарады. 5 Ал бул буйрықтың мақсети болса – пєк жүректен, таза ҳүжданнан ҳєм ҳақыйқый исенимнен сүйиспеншиликти пайда етиў. 6 Гейбир адамлар булардан жүз бурып, бос гєплерге ерип адасты. 7 Олар нызам муғаллими болыўды қєлейди, бирақ нени сѳйлеп ҳєм нени табан тиреп тастыйықлап атырғанын түсинбейди. 8 Дурыс қолланған адам ушын Мухаддес Нызам пайдалы екенин бизлер билемиз. 9 Жєне де, Мухаддес Нызам ҳақ адамлар ушын емес, ал нызамды бузыўшылар ҳєм бойсынбайтуғынлар, қудайсызлар ҳєм гүнакарлар, мухаддес емеслер ҳєм мухаддес нєрселерди сыйламайтуғынлар, ата-анасын ѳлтиретуғынлар, адам ѳлтириўшилер, 10 бузықлар, ѳз жынысындағы адам менен қосылыўшылар, адамды урлап сатыўшылар, ѳтирикшилер, жалған гүўалық бериўшилер ҳєм дурыс тєлийматқа қарсы ис қылатуғын басқа ҳємме ушын қолланылатуғынын билемиз. 11 Дурыс тєлиймат болса, алғыс-мақтаўларға ылайық Кудайдың уллы Хош Хабарына тийкарланған. Усы Хош Хабарды Кудай маған исенип тапсырды. 12 Маған күш-қуўат берип қойған Ийемиз Масих Ийсаға миннетдаршылық билдиремен. Себеби Ол мени садық деп есаплап, Ѳз хызметине тайынлады. 13 Бир ўақытлары мен Оған тил тийгизиўши, қуўдалаўшы ҳєм залым адам болсам да, Ол маған мийрим-шєпєєтин берди. Ѳйткени менде ҳақыйқый исеним болмағанлықтан, не ислеп жүргенимди билмейтуғын едим. 14 Бирақ Ийемиздиң мийрими Масих Ийсадағы исеним ҳєм сүйиспеншилик пенен бирликте мениң үстиме мол-мол болып тѳгилди. 15 «Масих Ийса бул дүньяға гүнакарларды қутқарыў ушын келди», – деген сѳзлер исенимли ҳєм ҳємме адамлар тєрепинен қабыл қылыныўға ылайықлы сѳзлер. Мен ѳзимди гүнакарлардың ишиндеги ең жаманыман деп есаплайман. 16 Бирақ, мен гүнакарлардың ишиндеги ең жаманы болсам да, Масих Ийса маған реҳим етти. Кейинирек Ѳзине исенип, мєңгилик ѳмирге ерисетуғынларға ѳрнек болыўым ушын, Ол маған шексиз сабырлығын кѳрсетти. 17 Мєңгилик Патшаға, ѳлмейтуғын ҳєм кѳринбейтуғын жалғыз Кудайға мєңгиге ҳүрмет ҳєм даңқ болсын! Аўмийин. 18 Улым Тимофей! Сен туўралы алдын айтылған пайғамбаршылық сѳзлерине тийкарланып, саған буйыраман: усы сѳзлер бойынша жақсы єскер сыяқлы ис-ҳєрекет ет. 19 Исенимиңди ҳєм ҳүжданыңды таза сақла. Айырымлар ҳүжданын сатып, исениминен айырылды. 20 Олардың арасында Гименей ҳєм Искендер де бар. Кудайға тил тийгизбеўди үйренсин деп, мен оларды жємєєттен шығарып, шайтанның қолына тапсырдым.
1 Ең алды менен исениўшилерге мынаны үйретиўиңди ѳтиниш етемен: олар Кудай алдында ҳємме адамлар ушын сорап, дуўа етип, жалбарынып, миннетдаршылық билдирсин. 2 Патшалар ҳєм басшылар ушын да дуўа етсин. Сонда бизлер Кудайдың жолы менен ҳадал жасап, парахат ҳєм тыныш ѳмир сүремиз. 3 Бул ис жақсы болып, Кутқарыўшымыз Кудайға унайды. 4 Себеби Ол ҳємме адамлардың қутқарылыўын ҳєм ҳақыйқатлықты билиўин қєлейди. 5 Кудай жалғыз ҳєм Кудай менен адамлардың арасындағы Тєўеллеши, Ѳзи адам болған Масих Ийса да жалғыз. 6 Ол Ѳзин ҳємме адамлар ушын қурбан қылды. Бул арқалы Ол Кудайдың ҳємме адамларды қутқарыўды қєлейтуғынын белгиленген ўақытта дєлилледи. 7 Мен усы ушын Масих Ийса тєрепинен хабаршы ҳєм елши болып тайынланып, басқа миллетлерге исеним ҳєм ҳақыйқатлық ҳаққында үйрететуғын муғаллим болдым. Мен алдап атырған жоқпан, ҳақыйқатын айтып турман. 8 Жємєєтдеги ер адамларға ашыўланбаўды ҳєм тартыспаўды, ал ҳємме жерде мухаддес қолларын кѳтерип дуўа етиў кереклигин үйретиўиңди қєлеймен. 9 Ҳаяллар да шашларына артықша сєн бермей, ѳзлерин алтынлар, ҳинжилер ямаса қымбат кийимлер менен емес, ал сыпайы кийим, єдеп ҳєм ийбе менен безесин. 10 Керисинше, олар Кудайдан қорқып жасайтуғын ҳаялларға ылайықлы жақсы ислер менен ѳзлерин кѳркем қылсын. 11 Ҳаял тыныш ҳєм толық бойсынған ҳалда тєлим алсын. 12 Ҳаялдың тєлим берип, ер адамды басқарыўына рухсат етпеймен. Ҳаял тыныш болсын. 13 Ѳйткени дєслеп Адам-ата, соңынан Ҳаўа-ене жаратылды. 14 Жєне де, Адам-ата емес, ал ҳаял алданып, гүна иследи. 15 Бирақ, ҳаял исеним, сүйиспеншилик ҳєм мухаддеслик пенен, єдепли болып жасаса, бала туўыўы арқалы қутқарылады.
1 «Егер ким де ким жємєєт жетекшиси болыўды аңсаса, жақсы исти арзыў еткени», – деген сѳзлер ҳақыйқат. 2 Солай етип, жємєєт жетекшиси айыпсыз, бир ҳаяллы, салмақлы, ѳзин тутып билетуғын, ҳүрметли, миймандос ҳєм тєлим бериўге қєбилетли болыўы шєрт. 3 Жєне де, ол мєскүнемликке берилген, қызба, жєнжелкеш, пайдакүнем болмай, ал мүлєйим, 4 ѳз үйин жақсы басқаратуғын, балаларына сѳзин тыңлатып, ѳзин ҳүрмет еттире алатуғын адам болыўы лазым. 5 Себеби ѳз үйин басқара алмайтуғын адам Кудайдың жємєєтине қалай ғамхорлық қыла алады? 6 Жетекши жақында исенген адам болмаўы тийис. Олай болса, ол мақтанып кетип, шайтан сыяқлы жазаға дуўшар болыўы мүмкин. 7 Жєне де, ол айыпланып, шайтанның дузағына түспеўи ушын, жємєєттиң сыртындағы адамлардың алдында жақсы атқа ийе болыўы керек. 8 Сол сыяқлы, жємєєт хызметшилери де мєскүнемликке берилген, ҳарам пайданы гѳзлейтуғын адам болмай, бир сѳзли ҳєм ҳүрметли адамлар болыўы шєрт. 9 Олар исенимниң терең ҳақыйқатлығын билип, таза ҳүждан менен ис-ҳєрекет етиўи тийис. 10 Бул хызметшилер де дєслеп сынақтан ѳтиўи лазым. Егер айыпсыз болса, хызметке қойылсын. 11 Сондай-ақ, олардың ҳаяллары да ѳсекши болмай, ҳүрметли, салмақлы ҳєм ҳємме исте исенимли болсын. 12 Жємєєт хызметшилери бир ҳаяллы, балаларын ҳєм ѳз үй-ишин жақсы басқаратуғын адамлар болсын. 13 Хызметин жақсы атқарған хызметшилер жоқары мєртебеге ериседи ҳєм Масих Ийсаға деген исенимде үлкен батырлыққа ийе болады. 14 - 15 Мен жақын арада сениң жаныңа барыўдан үмит етемен. Бирақ егер кешиксем, Кудайдың шаңарағында исениўшилердиң қалай ис тутыўы кереклигин билиўиң ушын, саған усы хатты жазып атырман. Кудайдың шаңарағы – ҳақыйқат тиреги ҳєм тийкары болған тири Кудайдың жємєєти. 16 Кудайдың жолының сыры уллы екени сѳзсиз. Келди Масих адам денесинде, Мухаддес Руўх тєрепинен ҳақ деп тастыйықланды Ол, Периштелерге кѳринди, Ол ҳаққында жєрияланды миллетлерге, Дүньяда Оған исенди, Ол жоқарыға алынды салтанат пенен.
1 Мухаддес Руўх анық айтпақта: соңғы ўақытларда гейбир адамлар алдаўшы руўхларға ҳєм жинлердиң тєлийматларына қулақ асып, исенимнен қайтады. 2 Бундай тєлийматлар ҳүждансыз болған еки жүзли ѳтирикшилер тєрепинен тарқалады. 3 Бул ѳтирикшилер үйлениўди ҳєм турмысқа шығыўды қадаған етеди, жєне де, айырым азық-аўқатларды жемеўди буйырады. Деген менен, ҳақыйқатты билетуғын исениўшилердиң миннетдаршылық билдирип жеўи ушын, Кудай бул нєрселерди жаратқан-ғо. 4 Кудай жаратқан ҳєр бир нєрсе жақсы ҳєм егер миннетдаршылық пенен қабыл етилсе, ҳеш нєрсеге тыйым салынбаўы керек. 5 Ѳйткени бизлер ҳєр бир нєрсени Кудайдың сѳзи бойынша ҳєм дуўа етиў арқалы мухаддес деп қабыл етемиз. 6 Егер буларды туўысқанларға нєсиятласаң, онда сен исенимниң ҳєм ѳзиң тутынған жақсы тєлийматтың сѳзлери менен азықланған, Масих Ийсаның жақсы хызметшиси боласаң. 7 Жарамас ҳєм мєниссиз гєплерден аўлақ болып, ѳзиңди Кудай жолында шынықтырып бар. 8 Денени шынықтырыўдың пайдасы аз. Ал Кудайдың жолында шынығыў ҳєр тєреплеме пайдалы. Себеби бул арқалы ҳєзир ҳєм келешекте ѳмир бериледи. 9 Бул сѳзлер исенимли ҳєм ҳєр тєреплеме қабыл етилиўге ылайықлы. 10 Соның ушын бизлер аўыр мийнет етип, азап шекпектемиз. Ѳйткени ҳємме адамлардың, єсиресе исениўшилердиң Кутқарыўшысы болған тири Кудайдан үмит етемиз. 11 Сен усыларды буйыр ҳєм үйрет. 12 Жассаң деп, ѳзиңди ҳеш кимниң кемситиўине жол қойма. Керисинше, сѳйлеген сѳзиң, жасаў тєризиң, сүйиспеншилигиң, исенимиң ҳєм пєклигиң менен исениўшилерге ѳрнек бол. 13 Мен жаныңа барғанымша, исениўшилер жємєєтине Мухаддес Жазыўларды оқыўға, үгит-нєсият етиўге ҳєм үйретиўге ѳзиңди бағышла. 14 Ақсақаллар жыйыны сениң үстиңе қол қойып дуўа еткенде, ѳзиңе пайғамбаршылық арқалы берилген руўхый сыйды пєс кѳрме. 15 Усыны ис жүзинде қоллан ҳєм табысларыңды ҳємме кѳриўи ушын, ѳзиңди буған толық бағышла. 16 Ѳзиңе ҳєм берип атырған тєлимиңе дыққат аўдар, усы ислериңди даўам ет. Усылай ислесең, ѳзиңди де, сени тыңлайтуғынларды да қутқарасаң.
1 Ѓарры адамға урыспа, ал оны єкеңдей кѳрип, нєсият бер. Жас жигитлерди иниңдей, 2 жасы үлкен ҳаялларды анаңдай, жас ҳаял-қызларды єжапаң ҳєм қарындасыңдай кѳрип, толық пєклик пенен ақыл-нєсият бер. 3 Ҳақыйқаттан қєўендерсиз болған жесир ҳаялларды ҳүрмет ет. 4 Бирақ, егер бир жесир ҳаялдың балалары ямаса ақлықлары болса, олар ең алды менен Кудайдың жолы менен жүрип, ѳз үй-ишине ғамхорлық кѳрсетиўди, єке-шешеси менен кемпир апа ҳєм атасының алдында парызын ѳтеўди үйренсин. Себеби бул Кудайға унайды. 5 Ҳақыйқаттан қєўендерсиз, жалғыз қалған жесир ҳаял Кудайдан үмит қылып, күни-түни Оған жалбарынып дуўа етеди. 6 Бирақ тек кєйип-сапа менен жасайтуғын жесир ҳаял – тири ѳлик. 7 Айыпланбаўы ушын, оларға усыларды ескертип қой. 8 Егер ким де ким ѳз ағайин-туўғанларына, єсиресе үй-ишиндегилерге қарамаса, ол исенимнен жүз бурған адам болып, исенбейтуғын адамнан да бетер болғаны. 9 Жесирлер дизимине жазылатуғын жесир ҳаял тек бир мєртебе турмысқа шыққан, жасы алпыстан кем болмаған болыўы керек. 10 Сондай-ақ, ол жақсы ислери менен ат шығарған болып: балаларын жақсы тєрбиялаған, миймандос болған, исениўшилерге кишипейиллик пенен хызмет еткен, қыйыншылықта болғанларға жєрдем берген ҳєм ийгиликли ислерге ѳзин бағышлаған болыўы тийис. 11 Жас жесир ҳаяллардың атларын дизимге жазба. Ѳйткени олардың Масихқа деген садықлығынан дене қєлеўлери үстин болып, жєне турмысқа шығыўды ойлайды. 12 Солай етип, олар алдын берген ўєделерин бузып, жазаға дуўшар болады. 13 Буннан тысқары, олар үйме-үй жүрип, ўақытларын бийкар ѳткизиўди єдетке айландырады. Олар тек ериншек болып қалмай, ѳсек те айтады ҳєм керек емес нєрселерди сѳйлеп, басқалардың исине араласады. 14 Сонлықтан жас жесир ҳаяллар турмысқа шығып, бала туўыўын ҳєм хожалық жумысларын меңгерип, душпанлардың ѳсек қылыўына себеп туўдырмаўын қєлеймен. 15 Себеби олардың гейбиреўлери єлле қашан азғырылып, шайтанның изине ерип кетти. 16 Егер исениўши бир ҳаялдың жесир қалған жақынлары болса, оларға жєрдем етсин, исениўшилер жємєєтине аўырманлық салмасын. Сонда исениўшилер жємєєти ҳақыйқаттан қєўендерсиз қалған жесирлерге жєрдем ете алады. 17 Жємєєтти жақсы басқаратуғын ақсақаллар, єсиресе Кудайдың сѳзин жєриялап ҳєм үйретип, мийнет етип атырғанлар еки есе ҳүрметке ылайықлы болсын. 18 Ѳйткени Мухаддес Жазыўда: «Түйек айдаған ѳгиздиң аўзын буўма» ҳєм «Жумысшы ѳз мийнет ҳақысына ылайықлы», – делинген. 19 Еки ямаса үш гүўа болмаса, бир ақсақалға қойылған айыпламаны қабыл етпе. 20 Басқалар қорқыўы ушын, гүна ислегенлерди ҳєммениң алдында єшкара қыл. 21 Кудайдың, Масих Ийсаның ҳєм таңланған периштелердиң алдында саған ескертип атырман: ҳеш кимди айырмай, тек бир тєрепке болыспай, усы буйырғанларымды орынла. 22 Биреўди хызметке алыў ушын, оның үстине қол қойып дуўа еткениңде, асығыслық қылма. Басқалардың гүналарына шерик болма: ѳзиңди таза тут. 23 Буннан былай, тек суў ишпей, асқазаның ҳєм жийи-жийи болып туратуғын аўырыўларың ушын, аз ғана шарап та иш. 24 Айырым адамлардың гүналары белгили болып, оларды ҳүким етилиўге алып келеди. Басқалардың гүнасы болса, соңынан мєлим болады. 25 Сол сыяқлы, жақсы ислер де белгили. Ал ҳєзир белгили болмаса да, жасырын қалмайды.
1 Кудайдың атына ҳєм тєлийматына тил тиймеў ушын, қуллық мойынтырығы астында болғанлардың ҳєммеси ѳз хожайынларын толық ҳүрметке ылайықлы деп санасын. 2 Хожайынлары исениўши болған қуллар болса, туўысқанбыз-ғо деп, ҳүрметсизлик қылмай, керисинше, оларға жєне де жақсырақ хызмет етсин. Себеби олардың бул жақсы хызметинен пайда кѳретуғын хожайынлар – сүйикли исениўшилер-ғо. Усыларды үйретип, нєсиятла. 3 Ким де ким ѳзге тєлийматты үйретип, Ийемиз Ийса Масихтың ҳақыйқат сѳзлерин ҳєм Кудайдың жолына тийкарланған тєлийматты мақулламаса, 4 ол менмен ҳєм ҳеш нєрсени билмейтуғын адам болғаны. Айтысыў ҳєм тартысыў кеселине жолыққан бундай адамның гєплери күншиллик, алаўызлық, ѳсек ҳєм жаман гүманларды келтирип шығарады. 5 Ақыл-ойлары уўланған, ҳақыйқатлықты жойтқан, Кудайға хызмет етиў арқалы байыўға болады, деп ойлайтуғын бул адамлар арасында бєрқулла тартыслар болады. 6 Ѳзиңде барға қанаат етип, Кудайдың жолы менен жүриў – үлкен жетискенлик. 7 Ѳйткени бизлер бул дүньяға ҳеш нєрсе алып келмедик ҳєм оннан ҳеш нєрсе де алып кете алмаймыз. 8 Жейтуғын ҳєм кийетуғын нєрселеримиз болса, усыларға қанаат етейик. 9 Ал байымақшы болғанлар азғырылыўға ушырайды. Олар адамларды бєлеге жолықтырып набыт қылатуғын кѳп мєниссиз ҳєм зыянлы ҳєўеслердиң дузағына илинеди. 10 Себеби ҳєр түрли жаманлықтың негизи – ақшаны сүйиў. Айырымлар ақшаның изине түсип, исенимнен қайтты ҳєм ѳзлерин кѳп азапларға дуўшар етти. 11 Ҳєй, Кудайдың адамы, сен бул нєрселерден аўлақ бол. Ал ҳақлыққа, Кудайдың жолы менен жүриўге, исенимге, сүйиспеншиликке, сабырлыққа ҳєм мүлєйимликке умтылып жаса. 12 Исеним ушын болатуғын жақсы гүресте жан-тєниң менен ҳєрекет етип, мєңгилик ѳмирди жеңип ал. Ѳйткени Кудай сени усы мєңгилик ѳмир ушын шақырған ҳєм сен кѳплеген гүўалар алдында исенимиңди ашық тєн алғансаң. 13 Ҳєммеге ѳмир беретуғын Кудайдың ҳєм Понтий Пилат тергегенде турақлылық пенен гүўалық берген Масих Ийсаның алдында саған мынаны буйыраман: 14 Ийемиз Ийса Масих келгенше, ѳзиңе берилген буйрықларды орынлап, минсиз ҳєм айыпсыз бол. 15 Кудай Ѳзи белгилеген ўақытта Ийса Масихтың қайта келиўин кѳрсетеди. Кудай – алғыс-мақтаўларға ылайықлы жалғыз Ҳєким, патшалар Патшасы, ҳүкимдарлар Ҳүкимдары. 16 Жалғыз Кудайдың ғана басында ѳлим жоқ. Ол ҳеш ким жақынлай алмайтуғын нурда жасайды, Оны ҳеш ким кѳрмеген ҳєм кѳриўи де мүмкин емес. Ҳүрмет ҳєм мєңгилик күш-қүдирет Оныки болсын! Аўмийин. 17 Бул дүньядағы бай адамларға менмен болмаўды ҳєм ѳткинши байлықтан үмит етпеўди буйыр. Ал олар рєҳєт кѳриўимиз ушын бизлерге ҳємме нєрсени мол-мол етип беретуғын Кудайдан үмит етсин. 18 Оларға жақсылық ислеўди, жақсы ислер менен бай болыўды ҳєм ѳзинде барын басқалар менен бѳлисип, сақый болыўды да тапсыр. 19 Сонда олар ҳақыйқый ѳмирге ийе болыўы ушын, ѳзлерине келешекте беккем таяныш болатуғын ғєзийне топлайды. 20 Ҳєй Тимофей, саған исенип тапсырылғанды сақла. Жарамас сѳзлерден, ѳтириктен «билим» деп аталып, ҳақыйқатқа қарсы туратуғын тєлийматлардан аўлақ бол. 21 Себеби айырым адамлар бул жалған билимге берилип, исенимнен қайтты. Кудайдың мийрими сизлерге яр болсын!
1 Масих Ийсадағы ўєде етилген ѳмир ҳаққында жєриялаў ушын, Кудайдың қєлеўи менен Масих Ийсаның елшиси болған мен, Павелден, 2 сүйикли улым Тимофейге сєлем! Кудай Єкемиз ҳєм Ийемиз Масих Ийса саған мийрим, реҳим ҳєм тынышлық берсин! 3 Мен ата-бабаларым сыяқлы пєк ҳүждан менен хызмет ететуғын Кудайға күни-түни дуўа еткенимде сени үзликсиз еске алып, шүкирлик билдиремен. 4 Сениң кѳз жасларың ядымда. Жєне дийдарласып, қуўанышқа бѳлениўим ушын, сени кѳриўди аңсап атырман. 5 Сениң ҳақыйқый исенимиң де ядымда. Бурын мама кемпириң Лоидада ҳєм анаң Евникада болған усы исенимниң ҳєзир сенде бар екенине толық исенемен. 6 Сонлықтан қолларымды үстиңе қойып дуўа етиўим арқалы Кудайдың саған берген сыйын бар инта менен қоллана бериў кереклигин есиңе түсирип атырман. 7 Ѳйткени Кудай бизлерге қорқақлық руўхын емес, ал күш, сүйиспеншилик ҳєм салдамлылық руўхын берди. 8 Солай етип, Ийемиз ҳаққында гүўалық бериўден ҳєм Ол себепли тутқын болған меннен арланба. Керисинше, Кудайдың берген күши менен Хош Хабар ушын мениң менен бирге қыйыншылық кѳр. 9 Кудай бизлерди ислеген ислеримиз себепли емес, ал Ѳз мақсети ҳєм мийрими менен қутқарып, мухаддес болып жасаўға шақырды. Бул мийримди Ол бизлерге дүнья жаратылмастан бурын Масих Ийса арқалы берген еди. 10 Ал енди болса, бул мийримди Кутқарыўшымыз Масих Ийсаның дүньяға келиўи менен ашық кѳрсетти. Масих Ийса ѳлимниң күшин жоқ қылып, Хош Хабар арқалы жоғалмайтуғын мєңгилик ѳмирди аян қылды. 11 Мен Кудай тєрепинен усы Хош Хабар ушын хабаршы, елши ҳєм муғаллим болып тайынландым. 12 Сонлықтан бул себепли азап шегип атырман. Бирақ та, мен арланбайман. Себеби Кимге исенгенимди билемен ҳєм Оның маған тапсырғанын Ѳзи сол күнге дейин сақлай алатуғынына да исенемен. 13 Меннен ѳзиң еситкен дурыс тєлийматты ѳрнек қылып, Масих Ийсаға деген исеним ҳєм сүйиспеншилик пенен жаса. 14 Саған тапсырылған ийгиликли тєлийматты ишимизде жасайтуғын Мухаддес Руўх жєрдеминде сақла. 15 Азия үлкесиндегилердиң ҳєммесиниң, солар арасында Фигел ҳєм Ермогенниң мени таслап кеткенин билесең. 16 Ийемиз Онисифордың үй-ишине Ѳз реҳмин берсин. Ѳйткени ол кѳп мєрте маған жубаныш берди ҳєм тутқынлығымнан арланбады. 17 Керисинше, Римге келгенде, мени тапқанша, еринбей изледи. 18 Сол күни Ийемиз оған Ѳз реҳмин берсин! Оның Ефесте маған қанша хызмет еткенин сен де жүдє жақсы билесең.
1 Улым, ал сен Ийса Масих арқалы берилетуғын мийрим менен күшке толып бар. 2 Кѳплеген гүўалар алдында меннен ѳзиң еситкен сѳзлерди исенимли адамларға жеткиз. Сонда олар да басқаларға үйрете алады. 3 Масих Ийсаның жақсы єскери болып, мениң менен бирге қыйыншылыққа шыда. 4 Хызметдеги єскер ѳзин єскерликке шақырған єскербасының кеўлинен шығыў ушын, турмыс ислери менен байланбайды. 5 Жарысқа түскен адам да қағыйда бойынша жарыспаса, жеңис тажын киймейди. 6 Аўыр мийнет еткен дийхан зүрєєттен биринши болып үлес алыўы тийис. 7 Айтқанларым ҳаққында жақсылап ойлап кѳр. Ийемиздиң Ѳзи саған ҳєммесин түсиндиреди. 8 Даўыттың урпағынан шыққан ҳєм ѳлимнен қайта тирилген Ийса Масихты ядыңда сақла! Мен жєриялап атырған Хош Хабар – усы. 9 Мен усы Хош Хабар ушын азап шегип, ҳєтте, жынаятшы сыяқлы тутқын болып байландым. Бирақ, Кудайдың сѳзи байлаўлы емес. 10 Сонлықтан мен таңлап алынғанлардың да Масих Ийса арқалы қутқарылыўды мєңгилик салтанат пенен алыўы ушын, ҳємме нєрсеге шыдап атырман. 11 Бул сѳз исенимли: «Егер Оның менен бирге ѳлген болсақ, Оның менен бирге жасаймыз да. 12 Егер сабырлылық қылсақ, Оның менен бирге патшалық етемиз. Егер Оннан ўаз кешсек, Ол да бизден ўаз кешеди. 13 Биз садық болып қалмасақ та, Ол садық болып қалады. Себеби Ол Ѳзинен Ѳзи ўаз кеше алмайды». 14 Усыларды исениўшилерге еслетип тур. Сѳзлер туўралы тартыспаўды оларға Кудай алдында ескертип қой. Тартыслар тыңлаўшыларды айнытыўдан басқа ҳеш нєрсеге жарамайды. 15 Ҳақыйқат сѳзлерин дурыс үйрететуғын ҳєм ѳз иси ушын уятқа қалмайтуғын, Кудайға унамлы, жақсы хызметши болыўға жан-тєниң менен тырыс. 16 Жарамас ҳєм бос сѳзлерден аўлақ бол. Ѳйткени бундай сѳзлер Кудайдан барған сайын узақластырады 17 ҳєм жуқпалы жара сыяқлы тарқалады. Усындай сѳзлерди айтыўшылар арасында Гименей ҳєм Филит те бар. 18 Олар ҳақыйқат жолынан адасты ҳєм ѳлимнен қайта тирилиў єлле қашан болды деп, айырым адамлардың исенимин жоқ қылмақта. 19 Бирақ Кудай салған күшли негиз беккем турыпты. Сол негиз «Ийемиз Ѳзине тийисли болғанларды биледи» ҳєм «Ийемизге тийислимен, деген ҳєр бир адам жаманлықтан аўлақ жүрсин», – деген сѳзлер менен тастыйықланған. 20 Үлкен бир үйде тек алтын ҳєм гүмис ыдыслар емес, ал ағаш ҳєм ылай ыдыслар да бар. Олардың биреўлери сыйлы, ал биреўлери сыйсыз ис ушын қолланылады. 21 Солай етип, егер ким де ким ѳзин жаманлықлардан тазаласа, онда ол сыйлы, мухаддес қылынған, хожайынына пайдалы ҳєм ҳєр бир жақсы иске тайын ыдыс болады. 22 Ал сен жаслықтың жаман ҳєўеслеринен аўлақ бол. Ийемизге таза кеўил менен сыйынатуғынлар менен бирликте ҳақыйқатлық, исеним, сүйиспеншилик ҳєм тынышлыққа умтылып жаса. 23 Ақылсыз ҳєм мєниссиз тартыслардан қаш. Себеби булардың жєнжел туўдыратуғынын сен билесең. 24 Ийемиздиң хызметшиси жєнжелпаз болмаўы керек. Керисинше, ол ҳємме менен мүлєйим, тєлим бериўге қєбилетли ҳєм сабырлы болыўы тийис. 25 Жєне ол ѳзине қарсы болғанларға єлпайымлылық пенен жол-жорық бериўи лазым. Сонда, мүмкин, Кудай сол адамлардың да тєўбеге келип, ҳақыйқатлықты билиўи ушын жол ашар. 26 Солай етип, олардың ақылы киреди ҳєм қєлегенин ислетиў ушын ѳзлерин тутқын қылған шайтанның дузағынан қутылады.
1 Мынаны билип қой: дүньяның соңғы күнлеринде аўыр ўақытлар келеди. 2 Адамлар ѳзин жақсы кѳретуғын, дүньяпараз, мақтаншақ, менмен, Кудайға тил тийгизетуғын, ата-анасына бойсынбайтуғын, жақсылықты билмейтуғын, қудайсыз, 3 мийримсиз, кекшил, жалахор, ѳзин тутып билмейтуғын, жаўыз, жақсылықтың душпаны, 4 сатқын, қызба ҳєм шыррық болады. Олар Кудайдан гѳре, кєйип-сапаны кѳбирек жақсы кѳреди. 5 Ѳзлерин Кудайдың жолы менен жүрген қылып кѳрсетеди, бирақ Оның жолының күшин тєн алмайды. Бундайлардан аўлақ бол. 6 Ѳйткени олардың гейбиреўлери үйлерге жасырын кирип, гүналарға батқан ҳєм ҳєр түрли жаман ҳєўеслерге берилген сада ҳаялларды дузаққа түсиреди. 7 Бул ҳаяллар ҳақыйқатлықты бєрқулла үйренип, оны ҳеш қашан түсинип жете алмайды. 8 Янис ҳєм Ямбрис Муўсаға қарсы шыққандай, бул адамлар да ҳақыйқатқа қарсы турады. Бундайлар – ақыл-ойлары бузылған ҳєм ҳақыйқый исенимге ийе емес адамлар. 9 Деген менен, олар узаққа бармайды. Себеби Янис ҳєм Ямбрис сыяқлы, олардың ақылсызлығы ҳєммеге єшкара болады. 10 Ал сен мениң тєлийматымды, ѳмир тєризимди, мақсетимди, исенимимди, сабырлылығымды, сүйиспеншилигимди ҳєм турақлылығымды ѳрнек туттың. 11 Басымнан кешкен қуўдаланыўларымда ҳєм Антиохия, Икония, Листра қалаларында шеккен азапларыма шерик болдың. Мен қаншама азапларға шыдам бердим! Ийемиз мени ҳєммесинен қутқарды. 12 Ҳақыйқатында, Масих Ийсаға тийисли болып, Кудайдың жолы менен жасаўды қєлеўшилердиң ҳєммеси де қуўдаланады. 13 Бирақ, жаман ҳєм жалатай адамлар алдап ҳєм алданып, еле де бетер жаман болып бара береди. 14 Ал сен ѳзиң үйренген ҳєм исенген ҳақыйқатқа садық қал. Ѳйткени буны кимлерден үйренгениңди билесең. 15 Жєне де, сен Мухаддес Жазыўларды балалығыңнан бери билесең. Бул Жазыўлар саған Масих Ийсаға деген исеним арқалы қутқарылыў ушын даналық бере алады. 16 Мухаддес Жазыўлардың ҳєммеси Кудайдың Мухаддес Руўхының илҳамы менен жазылған болып, тєлим бериў, єшкаралаў, дүзетиў ҳєм ҳақыйқатлық бойынша тєрбиялаў ушын пайдалы. 17 Олар тийкарында Кудайдың адамы ҳєр бир жақсы иске таяр болыў ушын жетилисип барады.
1 Кудайдың алдында ҳєм тирилер менен ѳлилерди ҳүким ететуғын Масих Ийсаның алдында Оның қайта келиўи ҳєм Патшалығы ҳақы қатаң буйыраман: 2 Кудайдың сѳзин жєрияла. Заманның қолайлы ямаса қолайсыз болыўына қарамай, бул хызметти даўам ет. Адамларға толық сабырлылық пенен тєлим берип, єшкарала, жолға сал ҳєм ақыл-нєсият ет. 3 Себеби адамлар дурыс тєлийматты тыңламайтуғын ўақытлар келеди. Олар жаман қєлеўлерине берилип, қулақларына жағатуғын сѳзлерди сѳйлейтуғын кѳп муғаллимлерди єтирапларына жыйнайды. 4 Олар ҳақыйқатлықты еситпеў ушын қулақларын жаўып, аңызларға қулақ асатуғын болады. 5 Бирақ сен ҳєр қандай жағдайда сергек бол. Кыйыншылықларға шыдам бер, Хош Хабар ушын мийнет етип, ѳз хызметиңди орынла. 6 Ѳйткени мениң қаным тѳгилип, қурбан болмақтаман ҳєм дүньядан ѳтетуғын ўақтым да жақынласты. 7 Мен уллы саўашта гүрестим, жарысты жуўмақладым ҳєм исенимимди сақлап қалдым. 8 Енди болса, мен ушын ҳақыйқатлық тажы тайын тур. Єдил ҳүким етиўши болған Ийемиз сол күни усы тажды маған, тек ғана маған емес, ал Оның қайта келиўин интизарлық пенен күткенлердиң ҳєммесине де береди. 9 Жаныма тезирек келиўге бар күшиң менен тырыс. 10 Себеби Димас бул дүньяны сүйгенликтен мени таслап, Салоникаға кетти. Ал Криский Галатияға, Титус Далматияға кетти. 11 Жанымда тек Лука ғана бар. Сен Маркты таўып, ѳзиң менен бирге алып кел. Ол мениң хызметиме жєрдем береди. 12 Мен Тихикти Ефеске жибердим. 13 Келериңде, мениң Троаста, Карптың қасында қалдырып кеткен шапанымды алып кел. Жєне де китапларымды, єсиресе оралған тери китапларды алып кел. 14 Темир устасы Искендер маған кѳп жаманлық иследи. Ийемиз оған ислегенлерине қарай қайтарсын. 15 Сен де оннан абайлы бол. Ѳйткени ол бизлердиң сѳзлеримизге қатты қарсы болды. 16 Биринши мєрте ѳзимди ақламақшы болып жуўап бергенимде, мени ҳеш ким жақламады. Керисинше, ҳємме мени таслап кетти. Буның ушын Кудай оларды кеширсин. 17 Бирақ, Кудайдың Хош Хабары мен арқалы толық жєрияланыўы ушын ҳєм пүткил миллетлер буны еситиўи ушын, Ийемиз маған жєрдемге келип, күш-қуўат берди. Ол мени сол тєризде ѳлимнен қутқарып қалды. 18 Ийемиз мени ҳєр қандай жаманлықтан қутқарады ҳєм Ѳзиниң Аспан Патшалығына аман-есен апарады. Оған мєңгиге алғыс-мақтаўлар болсын! Аўмийин. 19 Прискила менен Акилаға ҳєм Онисифордың үй-ишине сєлем айт. 20 Ерастус Коринфте қалды. Трофимди аўырыў ҳалында Милитте қалдырдым. 21 Кыстан бурын келиўге бар күшиң менен тырыс. Ебул, Пуд, Лин, Клавдия ҳєм барлық исениўши туўысқанлар саған сєлем айтып атыр. 22 Ийемиз сениң руўхың менен бирге болсын! Кудайдың мийрими сизлерге яр болғай!
1 Кудайдың қулы ҳєм Ийса Масихтың елшиси болған мен, Павелден, Титусқа сєлем! Кудайдың таңлаған адамларының исеними беккем болыўы ушын ҳєм ѳзлерин Кудайдың жолы менен алып жүретуғын ҳақыйқатлықты олардың билиўи ушын мен тайынландым. 2 Усы исеним ҳєм ҳақыйқатлықты билиў ѳтирик сѳйлемейтуғын Кудайдың дүнья жаратылмастан бурын ўєде еткен мєңгилик ѳмирин алыў үмитине тийкарланған. 3 Ўақты келгенде, Кудай Ѳз сѳзин жєриялаў арқалы ашып берди. Ал мен усы сѳзди жєриялаў ушын Кутқарыўшымыз Кудайдың буйрығы менен тапсырма алдым. 4 Ортақ исенимимиз бойынша ҳақыйқый улым болған Титусқа Єкемиз Кудай ҳєм Кутқарыўшымыз Ийса Масих мийрим ҳєм тынышлық берсин! 5 Жуўмақланбай қалған ислерди тєртиплестирип, мениң саған буйырғанымдай, ҳєр бир қалада жємєєт ақсақалларын тайынлаўың ушын, сени Критте қалдырған едим. 6 Ақсақал болып тайынланатуғын адам айыпсыз, тек бир ҳаяллы болсын. Оның балалары да исениўши болып, єдепсиз ҳєм тєрбия кѳрмеген, деп айыпланбаўы тийис. 7 Себеби жємєєт жетекшиси Кудайдың хызметшиси сыпатында кемшиликсиз болыўы керек. Ол қайсар, қызба, мєскүнемликке берилген, жєнжелкеш, ҳарам пайданы гѳзлейтуғын болмаўы тийис. 8 Керисинше, ол миймандос, жақсылықты сүйиўши, салдамлы, ҳақ, мухаддес ҳєм ѳзин тутып билетуғын болыўы керек. 9 Жєне де, жємєєт жетекшиси басқаларды дурыс тєлиймат пенен жигерлендириўи ушын ҳєм ҳақыйқатқа қарсы шыққанларды єшкаралаўы ушын, исениўшилерге үйретилген ҳақыйқат сѳзи бойынша ис тутыўы тийис. 10 Ѳйткени ҳақыйқатқа бойсынбайтуғын, пєтиўасыз ҳєм ѳтирикши кѳп адамлар бар. Ондай адамлар єсиресе яҳудий топарлары арасында кѳп. 11 Бундай адамлардың аўзын жаўыў керек. Олар ѳз ҳарам нєпси ушын, үйретиўге болмайтуғын нєрселерди үйретип, барлық хожалықларды бузып жүр. 12 Ҳєтте, критлилердиң ѳз шайыры: «Критлилер бєрқулла ѳтирикшилер, жаўыз ҳайўанлар ҳєм жалқаў ашкѳзлер болған», – деген еди. 13 Бул гүўалық – ҳақыйқат. Сонлықтан исенимде беккем турыўы ушын, оларды қатаң ескертип қой 14 ҳєм оларды яҳудийлердиң мєниссиз аңызларына, ҳақыйқаттан адасқан адамлардың буйрықларына қулақ астырма. 15 Пєк адамлар ушын ҳємме нєрсе пєк. Бирақ, напєк адамлар менен исенбейтуғын адамлар ушын ҳеш бир нєрсе пєк емес. Себеби олардың ақыл-ойлары да, ҳүжданы да ипласланған. 16 Кудайды билемиз, десе де, ислеген ислери менен Оннан танады. Олар – жеркенишли, Кудайдың сѳзине қулақ аспайтуғын ҳєм ҳєр қандай жақсы иске жарамсыз адамлар.
1 Ал саған келсек, сен дурыс тєлиймат бойынша тєлим бер. 2 Үлкен жастағы ер адамларға салдамлы ҳєм ҳүрметке миясар болыўды, ѳзлерин тутып билиўди, исенимде, сүйиспеншиликте ҳєм сабырлылықта беккем болыўды үйрет. 3 Сол сыяқлы, үлкен жастағы ҳаялларға да ҳүрметке ылайықлы ѳмир сүриўди, ѳсекши ҳєм арақтың қулы болмаўды, ал жақсылықты үйретиўши болыўы кереклигин үйрет. 4 - 5 Сонда үлкен жастағы ҳаяллар жас ҳаялларға ақыл-нєсият бере алады. Кудайдың сѳзине тил тиймеўи ушын, олар жас ҳаялларға күйеўлерин ҳєм балаларын сүйиўди, ѳзлерин тутып билиўди, пєк, хожалыққа жанкүйер, мийримли болыўды ҳєм күйеўлерине бойсыныўды үйрете алады. 6 Жас ер адамларға да ѳзлерин тыйып билиўди нєсият ет. 7 Жақсы ислер ислеп, оларға ҳєр бир нєрседе ѳрнек бол. Тєлим бергениңде ҳадал ҳєм салдамлы болып, 8 ҳеш ким айыплай алмайтуғын дурыс сѳзлерди сѳйле. Солай етип, саған қарсы шыққанлар бизлер туўралы ҳеш жаман нєрсе айта алмағанлықтан уялып қалады. 9 Кулларға хожайынларына ҳєр бир нєрседе бойсынып, олардың кеўлинен шығыўды, қайтарып сѳйлемей 10 ҳєм урлық ислемей, толық садықлық кѳрсетиўди үйрет. Сонда олар Кутқарыўшымыз Кудайдың тєлийматына ҳєр тєреплеме жақсы ат келтиреди. 11 Ѳйткени Кудайдың қутқаратуғын мийрими пүткил адамларға ашық кѳринди. 12 Бул мийрим бизлерге қудайсызлықтан ҳєм дүньяның жаман ҳєўеслеринен ўаз кешип, ҳєзирги дєўирде ѳзлеримизди тыйып билиўди, ҳақ болыўды ҳєм Кудайдың жолына ылайықлы ѳмир сүриўди үйретеди. 13 Жєне де, ол бизлерге ҳєзирше, мүбєрек үмитимиздиң, яғный уллы Кудайымыз ҳєм Кутқарыўшымыз болған Ийса Масихтың салтанат пенен келиўин күттиреди. 14 Ийса Масих ҳєр бир гүнамыздың тѳлемин ѳтеп қутқарыў ушын ҳєм бизлерди тазалап, Ѳзине тийисли ҳєм жақсылық ислеўге инталы бир халық жаратыў ушын, Ѳзин бизлер ушын қурбан етти. 15 Усыларды толық бийлик пенен үйретип, жигерлендир ҳєм кейи. Ѳзиңди ҳеш кимге кемситпе.
1 Басшыларға ҳєм ҳүкиметке бойсынып қулақ асыўды, ҳєр бир ийгиликли исти ислеўге таяр болыўды, 2 ҳеш кимди ѳсек қылмай ҳєм жєнжелкеш болмай, мүлєйим болып, ҳємме адамларға ҳєр тєреплеме жумсақ қатнаста болыўды исениўшилерге еслетип қой. 3 Себеби бир ўақытлары бизлер де ақылсыз, қулақ аспайтуғын, адасқан, ҳєр түрли жаман ҳєўеслер менен ҳєзликлердиң қулы болған, жаманлық ҳєм күншиллик пенен жасаған, басқалар бизлерди ҳєм бизлер де бир-биримизди жек кѳрген адамлар едик. 4 Бирақ, Кутқарыўшымыз Кудай Ѳз мийримин ҳєм адамға деген сүйиспеншилигин ашық кѳрсеткенде, 5 Ол бизлерди қылған ҳақ ислеримиз себепли емес, ал Ѳз мийрим-шєпєєти менен қутқарды. Бизлерди Мухаддес Руўхы арқалы гүнадан тазалап, қайтадан туўылдырды ҳєм жаңалады. 6 - 7 Оның мийрими менен ақланып, ѳзлеримиз үмит еткен мєңгилик ѳмирдиң мийрасхорлары болыўымыз ушын, Ол Мухаддес Руўхын Кутқарыўшымыз Ийса Масих арқалы мол-мол етип жаўдырды. 8 Бул сѳз – ҳақыйқат. Кудайға исенгенлердиң ѳзлерин жақсы ислерди ислеўге арнаўға тырысыўлары ушын, айтқанларымды талап етиўиңди қєлеймен. Булар – адамлар ушын жақсы ҳєм пайдалы. 9 Бирақ, ақылсыз тартыслар менен шежирелер туўралы сѳзлерден, Мухаддес Нызамға байланыслы айтыс ҳєм жєнжеллерден қаш. Ѳйткени булар пайдасыз ҳєм бийкар нєрселер. 10 Алаўызлық туўдыратуғын адамға бир-еки ескертиў жасағаннан соң, оның менен байланысты үз. 11 Бундай адамның бузылғанын ҳєм ѳз-ѳзин ҳүким етип, гүна ислеп атырғанын билесең. 12 Артемди ямаса Тихикти саған жибергенимде, дєрҳал Никополиске, мениң жаныма келиўге бар күшиңди сал. Себеби қысты сол жерде ѳткизиўге қарар еттим. 13 Нызам хызметкери Зенас пенен Аполосты жолға атландырғаныңда, олар ҳеш бир нєрсеге мүтєж болмаўы ушын ғамхорлық жаса. 14 Мүтєж адамларға жєрдем бериў ушын ҳєм жемиссиз ѳмир сүрмеў ушын, бизиң адамларымыз да жақсы ислерди ислеўге ѳзлерин бағышлаўды үйренсин. 15 Мениң жанымдағылардың ҳєммеси саған сєлем айтып атыр. Ортақ исенимдеги бизлерди сүйетуғынларға сєлем айт. Кудайдың мийрими ҳєммеңизге яр болсын!
1 Ийса Масих ушын тутқын болған мен, Павелден ҳєм туўысқанымыз Тимофейден, бизлер менен бирге хызмет ететуғын сүйикли Филимонға сєлем! 2 Жєне де, апамыз Афияға, бизлер менен бирге Кудайдың єскери болған Архипке ҳєм сениң үйиңдеги исениўшилер жємєєтине де сєлем жоллаймыз. 3 Єкемиз Кудай ҳєм Ийемиз Ийса Масих сизлерге мийрим ҳєм тынышлық берсин! 4 Мен дуўа еткенимде сени тилге алып, Кудайыма бєрқулла шүкирлик билдиремен. 5 Себеби сениң Ийемиз Ийсаға деген исенимиң ҳєм пүткил исениўшилерге деген сүйиспеншилигиң ҳаққында еситип атырман. 6 Исенимиңди басқалар менен бѳлисиўде тєсирли болыўың ушын, қулласы, Масих арқалы бизлер ийе болатуғын ҳєр қандай ийгиликти билиўде жетилисип барыўың ушын дуўа етип атырман. 7 Ѳйткени туўысқаным, сен себепли исениўшилердиң кеўиллери кѳтерилип қалды. Солай етип, сениң сүйиспеншилигиң маған үлкен қуўаныш ҳєм тєселле берди. 8 Сонлықтан Масихтың елшиси сыпатында ўазыйпаңды атқарыўды саған буйырыўға бийлигим болса да, 9 - 10 ҳєзир Ийса Масих ушын тутқын болған мен, ғарры Павел, қамақта мениң улым болған Онисим ушын сеннен сүйиспеншилик пенен ѳтинип сорайман. 11 Ол бир ўақытлары саған пайдасыз болған еди, бирақ енди болса саған да, маған да жүдє пайдалы болып қалды. 12 Оны, яғный ѳз жүрек-баўырымды саған қайтарып жиберип атырман. 13 Хош Хабар ушын қамақта болғанымда, сениң орныңда маған хызмет етиўи ушын оны жанымда алып қалыўды қєлер едим. 14 Бирақ, сениң ислейтуғын жақсылығың мєжбүрий түрде емес, ал ѳз ықтыярың менен болыўы ушын, сениң қайылшылығыңсыз ҳеш нєрсе ислегим келмеди. 15 Мүмкин, оның сеннен ўақытша айра түскениниң себеби оны мєңгиге қайтарып алыўың ушын болған шығар. 16 Оны енди қул деп емес, ал қулдан зыят сүйикли туўысқаның сыпатында қабыл ет. Єсиресе мен ушын ол жүдє қєдирли. Ал сен ушын болса, ол ҳєм қул сыпатында, ҳєм Ийемиздеги бир туўысқан сыпатында жєне де қєдирлирек болады. 17 Сонлықтан егер мени жолдасым деп санайтуғын болсаң, оны мени қабыл еткендей, қабыл ет. 18 Ол саған қандай да бир жаманлық ислеген болса ямаса қарыздар болса, мениң есабыма жазып қой. 19 Мен, Павел, буны ѳз қолым менен жазып атырман: мен тѳлеймен. Ал сениң маған ѳз ѳмириң менен қарыздар екениңди айтпай-ақ қояйын. 20 Аўа, туўысқаным, мен сеннен Ийемиз алдында бир жєрдем алайын. Масих алдында кеўлимди кѳтер. 21 Кулақ асатуғыныңа исенип, саған жазып атырман. Сениң айтқанымнан да артық ислейтуғыныңды билемен. 22 Соның менен бирге, маған туратуғын бир орын да таярла. Ѳйткени Кудай сизлердиң дуўа етип сорағанларыңызға жуўап берип, мени сизлерге жиберетуғынынан үмит етемен. 23 Ийса Масих ушын мениң менен бирге тутқын болған Епафрас саған сєлем айтып атыр. 24 Жєне де, бизлер менен хызмет етип атырған Марк, Аристарх, Димас ҳєм Лука да саған сєлем жоллап атыр. 25 Ийемиз Ийса Масихтың мийрими сизлерге яр болсын!
1 Кудай єййемги заманларда пайғамбарлар арқалы кѳп мєртебе ҳєм ҳєр түрли жоллар менен ата-бабаларымызға сѳйлеген еди. 2 Ал бул соңғы ўақытларда болса, Кудай бизлерге Ѳз Улы Ийса арқалы сѳйледи. Кудай Ѳз Улын пүткил барлықтың мийрасхоры етип белгилеп, Ол арқалы пүткил дүньяны жаратқан еди. 3 Кудайдың Улы – Кудайдың салтанатының жарқыраған нуры болып, Ол Кудайдың тєбиятының ҳақыйқаттан қандай екенин кѳрсетеди. Ул Ѳзиниң қүдиретли сѳзи менен пүткил барлықты сақлап тур. Ол Ѳзин қурбан етип, бизлерди гүналарымыздан тазалағаннан соң, жоқарыдағы қүдиретли Кудайдың оң тєрепине отырды. 4 Кудайдың Улы периштелерден қаншелли жоқары атты алған болса, Ол олардан соншелли үстин турады. 5 Ѳйткени Кудай периштелердиң қайсы бирине: «Сен Мениң Улымсаң, Бүгин Мен Саған Єке болдым». Жєне де: «Мен Оған Єке боламан, Ол Маған Ул болады», – деген еди? 6 Жєне де, Кудай туңғыш Улын дүньяға жиберип атырып былай деген: «Мениң барлық периштелерим Оған табынсын». 7 Ал периштелер ҳаққында болса, Мухаддес Жазыў былай дейди: «Кудай Ѳз периштелерин самалдай, Хызметшилерин оттың жалынындай қылады». 8 Бирақ, Кудайдың Улы ҳаққында Мухаддес Жазыў былай дейди: «О Кудай, Сениң тахтың мєңги турады, Патшалық бийлигиң – єдил бийлик. 9 Сен ҳақлықты сүйип, нызамсызлықты жек кѳрдиң. Сонлықтан Кудай, Сениң Кудайың, Сени хызметке тайынлап, Саған жолдасларыңа қарағанда, Даңқ ҳєм қуўанышты кѳбирек берди». 10 Жєне де, былай дейди: «О Ийемиз, Єўел баста жердиң тийкарын Сен салғансаң. Аспанды да Сениң қолларың жаратқан. 11 Жер ҳєм аспан жоқ болып кетеди, бирақ Сен мєңгиге барсаң. Олардың ҳєммеси де кийимдей тозып қалады. 12 Оларды шапан сыяқлы орап қоясаң, Олар кийим сыяқлы ѳзгертиледи. Бирақ, Сен ҳеш қашан ѳзгермейсең, Ѳмир жылларың да тамам болмайды». 13 Кудай периштелердиң ҳеш бирине де: «Душпанларыңды аяқларыңның астына бастырмағанымша, Мениң оң жағымда отыр», – демеген. 14 Ақыры периштелердиң ҳєммеси қутқарылыўға ийе болатуғынларға хызмет қылыў ушын жиберилген хызметши руўхлар-ғо.
1 Сонлықтан еситкенлеримизден узақлап, жолдан шығып кетпеўимиз ушын, еситкенлеримизге еле де кѳбирек дыққат аўдарыўымыз керек. 2 Себеби периштелер арқалы айтылған сѳз күшке ийе болып, ҳєр қандай жынаят ҳєм бойсынбаўшылық ушын єдил жаза берилетуғын еди. 3 Солай екен, дєслеп Ийемиз Ийса тєрепинен айтылған, соңынан Оннан еситкенлер тєрепинен тастыйықланған уллы қутқарылыўға итибарсыз қарасақ, бизлер бул жазадан қалай қашып қутыла аламыз? 4 Кудай да бул ҳаққында кєраматлы белгилер, таң қаларлық нєрселер ҳєм ҳєр түрли кєраматлы ислер арқалы, жєне де, Ѳз қєлеўи бойынша Мухаддес Руўхтың сыйларын үлестириўи арқалы гүўалық берди. 5 Кудай бизлер сѳз етип атырған келешек заманды периштелерге бағынышлы қылған жоқ. 6 Керисинше, Мухаддес Жазыўдың бир жеринде биреў былай деп гүўалық берген еди: «О Ийем, Сен еске алғандай адам ким ѳзи? Сен оған ғамхорлық кѳрсететуғындай, адам улы ким болыпты? 7 Оны периштелерден аз ўақытқа тѳменирек қойдың, Даңқ-ҳүрмет тажын оған кийдирип, 8 Ҳємме нєрсени оның аяқларына бас урғыздың». Кудай ҳємме нєрсени адамға бағынышлы қылып, оған бағынышлы болмаған ҳеш бир нєрсе қалдырмады. Деген менен, ҳємме нєрсениң адамға бағынышлы екенин бизлер елеге дейин кѳрмей атырмыз. 9 Бирақ бизлер периштелерден аз ўақытқа тѳменирек қойылған Ийсаның ѳлим азабын шеккени ушын, даңқ-ҳүрмет тажын кийгенин кѳрип турмыз. Аўа, Ол Кудайдың мийрими менен ҳємме адамлар ушын ѳлимди басынан кеширген еди. 10 Ҳємме нєрсе Кудай ушын ҳєм Кудай арқалы бар болған. Усы Кудай кѳп перзентлерин уллылыққа еристириў ушын, оларды қутқарылыўға жетелеўши Ийсаны азап-ақыретлер арқалы минсизликке жеткизиўди мақул кѳрди. 11 Ѳйткени мухаддес қылыўшы Ийса ҳєм Ол мухаддес қылған исениўшилердиң ҳєммеси бир Єкеден. Сонлықтан Ийса оларды «туўысқанларым» деп атаўға уялмайды. 12 Ийса былай дейди: «Кудай, Сениң атыңды туўысқанларыма жєрия етемен, Олардың жыйынында Сени алғыслайман». 13 Жєне басқа жерде былай делинген: «Мен Кудайға сүйенемен» тағы да: «Минекей, Мен Кудайдың Маған берген балалары менен бирге усы жердемен». 14 Бул балалар ет ҳєм қаннан ибарат болғанлықтан, Ийсаның Ѳзи де оларға теңлесип, ет ҳєм қаннан ибарат болған адамның денесине ийе болды. Буны Ол ѳлим үстинен бийликке ийе болғанды, яғный шайтанды Ѳз ѳлими арқалы набыт қылыў ушын 15 ҳєм ѳмир бойы ѳлим қорқынышы себепли қул болғанлардың ҳєммесин азат қылыў ушын иследи. 16 Себеби, єлбетте, Ийса периштелерге емес, ал Ибрайымның урпағынан болғанларға жєрдем етеди. 17 Сол себептен Кудайдың хызметинде мийрим-шєпєєтли ҳєм садық бас руўханий болып, адамлардың гүналарын тазалаў ушын, Ол ҳєр тєреплеме туўысқанларына уқсаўы керек еди. 18 Оның Ѳзи сынаққа түсип, азап шеккенликтен, Ол сынаққа түскенлерге де жєрдем ете алады.
1 Солай етип, бизлер менен бирге Кудай тєрепинен шақырылған, ҳєй мухаддес туўысқанларым, Кудайдың елшиси ҳєм бас руўханийи, деп ѳзлеримиз ашық тєн алған Ийса ҳаққында терең ойлаңлар! 2 Муўса Кудайдың пүткил шаңарағында Кудайға садық болғанындай, Ийса да Ѳзин хызметке қойған Кудайға садық болды. 3 Үйди салған үйдиң ѳзинен гѳре кѳбирек ҳүрмет кѳргени сыяқлы, Ийса да Муўсадан гѳре жоқарырақ уллылыққа ылайық табылды. 4 Ҳєр бир үйдиң қурыўшысы бар, ал Кудай пүткил барлықтың жаратыўшысы. 5 Муўса келешекте айтылатуғын сѳзлер ҳаққында гүўалық бериў ушын, Кудайдың пүткил шаңарағында бир хызметкер сыпатында садық болды. 6 Бирақ, Масих Кудайдың шаңарағын басқаратуғын Ул сыпатында садық болды. Егер ѳзлеримиздеги үмит себепли пайда болатуғын батырлық ҳєм қуўанышты ақырына дейин беккем сақласақ, бизлер – Оның шаңарағымыз. 7 Сол себептен Мухаддес Руўх былай дейди: «Егер бүгин Кудайдың даўысын еситсеңиз, 8 Шѳлдеги сынақ ўақтында қозғалаң кѳтерген ата-бабаларыңыздай, Кайсарлық етпеңлер. 9 Олар сол жерде қырық жыл бойы Мениң ислеримди кѳрген болса да, Мени сынай берди. 10 Сонлықтан Мен сол єўладқа ғєзепленип былай дедим: „Олардың жүрек қєлеўлери бєрқулла туўры емес, Олар Мениң жолларымды билмеди“. 11 Жєне де, Мен қєҳєрленгенимде: „Олар Мениң дем алыў ушын беретуғын мєканыма кирмейди“, – деп ант ишкен едим». 12 Ҳєй туўысқанларым, жүрегиңиз исенбей жаўыз болып қалып, тири Кудайдан безип кетиўден сақ болыңлар! 13 Керисинше, араңыздағы ҳеш бириңиз гүнаның алдаўына ерип, жүрегин қайсар қылмаўы ушын, ҳєр күни еле «бүгин» деп айтылып атыр екен, бир-бириңизди жигерлендирип барыңлар. 14 Ѳйткени егер бизлер дєслепки исенимимизди ақырына дейин беккем сақласақ, Масихқа тийисли болған ҳємме нєрсеге шериклес боламыз. 15 Жоқарыда былай делинген еди: «Егер бүгин Кудайдың даўысын еситсеңлер, Оған қарсы қозғалаң кѳтерген ата-бабаларыңыздай, Кайсарлық етпеңлер». 16 Кудайдың сѳзин еситсе де, Оған қарсы қозғалаң кѳтерген кимлер еди? Муўсаның басшылығында Мысырдан шыққанлардың ҳєммеси емес пе еди? 17 Кудай кимлерге қырық жыл ашыўлы еди? Гүна ислеп, сүйеклери шѳлде қалғанларға емес пе? 18 Кудай кимлерге: «Мениң дем алыў ушын беретуғын мєканыма кирмейсизлер», – деп ант ишкен еди? Ѳзине бойсынбағанларға емес пе? 19 Солай етип, кѳрип турғанымыздай, олар исенбегенликтен сол жерге кире алмады.
1 Сонлықтан Кудай беретуғын дем алысты, яғный Ол беретуғын тынышлықты алыў ҳаққында ўєде еле де күшке ийе екен, араңыздағы ҳєр бириңиз усы ўєдеден бос қалып қойыўдан қорқып, сақ болыңлар. 2 Себеби бизлерге жєрияланған Хош Хабарды ата-бабаларымыз да еситкен еди. Бирақ олар еситкен сѳзлерин исеним менен қабыл етпегенликтен, бул сѳзлердиң оларға пайдасы тиймеди. 3 Кудай дүньяны жаратып болғаннан кейин-ақ, дем алыў ушын беретуғын мєканды таярлап қойған болса да, олар ҳаққында былай деген: «Мен қєҳєрленгенимде: „Олар Мениң дем алыў ушын беретуғын мєканыма ҳеш қашан кирмейди“, – деп ант иштим». Бирақ, исенетуғын бизлер сол мєканға киремиз. 4 Мухаддес Жазыўдың бир жеринде жетинши күн ҳаққында былай делинген: «Кудай жетинши күни барлық ислеринен дем алды». 5 Жєне де, Мухаддес Жазыўдың басқа жеринде Кудай былай деген: «Олар Мениң дем алыў ушын беретуғын мєканыма ҳеш қашан кирмейди». 6 Солай етип, алдын Хош Хабарды еситкенлер сѳзге қулақ аспағанлықтан, дем алатуғын мєканға кирмеди. Бирақ, басқалар ушын ол жерге кириўге мүмкиншилик бар. 7 Сол себептен Кудай «бүгин» деп аталатуғын жєне бир күнди белгилеп, алдын айтылғандай, кѳп ўақытлардан соң, Даўыт арқалы былай деген еди: «Егер бүгин Кудайдың даўысын еситсеңлер, Кайсарлық етпеңлер». 8 Егер Ешуа израиллыларды Кудайдың дем алыў ушын беретуғын мєканына еристиргенде, Кудай соңынан басқа бир күн ҳаққында айтпаған болар еди. 9 Демек, Кудайдың халқы ушын ҳақыйқый дем алатуғын ўақыт келеди. 10 Кудай дүньяны жаратқаннан соң қалай дем алған болса, Ол беретуғын дем алысты, яғный Ол беретуғын тынышлықты алған ҳєр бир адам да ѳз ислеринен солай дем алады. 11 Солай екен, ҳеш биримиз бойсынбаған сол адамларға ерип адаспай, Кудай беретуғын дем алысты, яғный Ол беретуғын тынышлықты алыўға тырысайық. 12 Кудайдың сѳзи тири ҳєм тєсирли. Ол еки жүзли қылыштан да ѳткир болып, жан менен руўхты, буўын менен сүйеклерди бѳлетуғын дєрежеде суғылып киреди: ол жүректеги ой ҳєм нийетлерди єшкара қылады. 13 Жаратылған ҳеш бир нєрсе Кудай алдында жасырын емес. Оның кѳз алдында ҳєр бир нєрсе ашық ҳєм аян. Бизлер усы Кудайға есап беремиз. 14 Бирақ, бизлерде аспанға кѳтерилген уллы бас руўханийимиз – Кудайдың Улы Ийса бар. Сонлықтан ѳзлеримиз ашық тєн алған исенимимизди беккем сақлайық. 15 Ол – бизлердиң ҳєлсизликлеримизди бѳлисе алатуғын бас руўханий. Оның Ѳзи ҳєр тєреплеме бизлер сыяқлы сыналды, бирақ гүна ислемеди. 16 Сонлықтан реҳимлилик алыў ушын ҳєм керек ўақтында ѳзлеримизге жєрдем ететуғын мийримге ерисиў ушын, Кудайдың мийримге ийе тахтына батыллық пенен жақынлайық.
1 Ҳєр бир бас руўханий адамлар арасынан таңлап алынады ҳєм ол Кудайға байланыслы ислерде адамлардың ўєкили болып, олардың гүналары ушын Кудайға садақа ҳєм қурбанлықлар бериў ушын тайынланады. 2 Билмей қалып жолдан адасқанларға ол мүлєйимлилик пенен қатнас жасай алады. Ѳйткени оның ѳзиниң де ҳєлсиз жерлери бар. 3 Сол себептен ол тек халықтың гүналары ушын емес, ал ѳзиниң гүналары ушын да қурбанлық бериўи шєрт. 4 Ҳеш бир адам бас руўханий болыў мєртебесине ѳзлигинен ерисе алмайды. Тек Харон сыяқлы Кудай тєрепинен шақырылса ғана ерисе алады. 5 Сол сыяқлы, Масих та бас руўханий болыў мєртебесине ийе болыў ушын, Ѳзин Ѳзи уллылаған жоқ. Ал Оған: «Сен Мениң Улымсаң, Бүгин Мен Саған Єке болдым», – деген Кудайдың Ѳзи Оны усы мєртебеге еристирди. 6 Мухаддес Жазыўдың басқа жеринде Кудай Оған былай деген: «Сен Мелхиседек сыяқлы, Мєңгиге руўханийсең». 7 Масих жер жүзинде адам болып жасаған күнлерде Ѳзин ѳлимнен қутқара алатуғын күшке ийе болған Кудайға бєлент даўыс пенен нала етип, кѳз жасларын тѳгип, дуўа етип жалбарынды. Ол Кудайға бойсынғанлықтан, Кудай Оны еситти. 8 Ол Кудайдың Улы болса да, шеккен азаплары арқалы бойсыныўды үйренди. 9 Масих усы тєризде минсизликке ерисип, Ѳзине бойсынатуғынлардың ҳєммеси ушын мєңгилик қутқарылыўға жол ашты 10 ҳєм Ол Кудай тєрепинен Мелхиседек сыяқлы бас руўханий, деп аталды. 11 Мелхиседек ҳаққында айтажақ кѳп сѳзлеримиз бар, бирақ сизлер зейинсиз болғанлықтан, түсиндириў қыйын болады. 12 Усы ўақытқа келип, сизлер муғаллим болыўыңыз керек еди. Бирақ сизлер Кудайдың сѳзлериниң дєслепки тийкарларын қайтадан үйрениўге мүтєжсиз. Сизлерге күшли аўқат емес, ал сүт керек! 13 Сүт пенен азықланатуғын ҳєр бир адам гѳдек, яғный ҳақыйқатлық сѳзи бойынша жасаўда тєжирийбесиз адам болғаны. 14 Ал күшли аўқат ересек адамлар ушын, яғный ѳмирдеги тєжирийбеси арқалы жаман менен жақсыны айырыў сезимине ийе болғанлар ушын арналған.
1 Сонлықтан Масих ҳаққында басланғыш тєлийматты үйрениўде тоқтап қалмайық, ал алға илгерилеп, жетисип барайық. Ѳлимге жетелеўши ислер ушын тєўбе етиўден, Кудайға исениўден, 2 суўға шомылдырыў ҳаққында қағыйдалардан, қол қойып дуўа етиўден, ѳлилердиң тирилиўинен ҳєм мєңгилик ҳүкимнен ибарат болған сол тєлийматтың тийкарларын қайтадан салмайық. 3 Егер Кудай рухсат берсе, бизлер алға илгерилеп, жетисип барамыз. 4 Бир мєртебе ҳақыйқатлық нуры түсип, Кудайдың сыйының дємин татқан ҳєм Мухаддес Руўхқа шерик болғанларды, 5 Кудайдың сѳзиниң жақсы екенин ҳєм келешектиң қүдиретли ислерин ѳмирлеринде кѳрип болып, 6 исенимнен қайтқанларды дүзетип тєўбе қылдырыў мүмкин емес. Себеби олар Кудайдың Улын ѳзлери қайтадан атанақ ағашқа шегелеп, масқара қылған болады. 7 Үстине жийи-жийи жаўған жаўынды ишкен ҳєм ѳзинде ислегенлерге пайдалы зүрєєт берген жерди Кудай жарылқайды. 8 Бирақ, шеңгел ҳєм жантақ ѳсирген жер жарамсыз болып, кѳп күтпей ғарғысқа ушырайды ҳєм ақыры жандырылып жибериледи. 9 Сизлерге келсек, сүйикли туўысқанларым, бизлер усылай десек те, сизлердиң қутқарылыўға байланыслы еле де кѳбирек жарылқаўларға ийе екениңизге исенимимиз кємил. 10 Ѳйткени Кудай єдалатсыз емес: Ол сизлердиң мийнетиңизди ҳєм исениўшилерге қылған ҳєм қылып атырған хызметиңиз арқалы Ѳзине кѳрсеткен сүйиспеншилигиңизди умытпайды. 11 Ҳєр бириңиздиң үмитиңизди ақырына дейин беккем сақлаўыңыз ушын, усылай ғайрат салыўыңызды єрман етемиз. 12 Жєне де ериншек болмай, Кудай тєрепинен ўєде етилгенлерди исеним ҳєм сабырлылық пенен алғанлардан ѳрнек алыўыңызды қєлеймиз. 13 Кудай Ибрайымға ўєде бергенде, Ѳзинен уллырақ ҳеш ким болмағанлықтан, Ѳзиниң аты менен ант ишип, 14 былай деген еди: «Сени үсти-үстине жарылқайман, Урпақларыңды сансыз қылып кѳбейтемен». 15 Солай етип, Ибрайым сабырлылық пенен күтип, ўєде етилгенди алды. 16 Адамлар ѳзлеринен уллырақ болған менен ант ишеди. Олар ушын ант айтылған сѳзлерди тастыйықлап, ҳєр бир тартысты тоқтатады. 17 Сол сыяқлы, Кудай да Ѳз еркиниң ѳзгермейтуғынын ўєдени алғанларға ашық кѳрсетпекши болып, ўєдесин ант пенен тастыйықлады. 18 Солай етип, усы еки нєрсе, яғный ўєде ҳєм ант ѳзгермейди. Себеби Кудай оларды айтқанда ѳтирик сѳйлеўи мүмкин емес. Сонлықтан ѳзлеримизге берилген үмитти беккем сақлаўымыз ушын, Кудайдан пана тапқан бизлер олар арқалы үлкен жубанышқа ийе боламыз. 19 Бизлердиң бул үмитимиз жанларымыз ушын кемениң кѳшкиси сыяқлы исенимли ҳєм беккем. Усы үмит бизлерди аспандағы Мухаддес шатырдың пердесиниң арғы тєрепине ѳткизеди. 20 Ийса бизлер ушын сол жерге бизлерден алдын кирип, Мелхиседек сыяқлы мєңгиге бас руўханий болды.
1 Бул Мелхиседек Сєлем патшасы ҳєм Күдиретли Кудайдың руўханийи еди. Ол патшаларды жеңилиске ушыратып қайтып киятырған Ибрайымды қарсы алып, оған пєтиясын берген еди. 2 Ал Ибрайым оған ҳємме нєрсениң оннан бирин берген еди. Оның еки аты бар, бириншиси Мелхиседек болып, бул аттың мєниси «єдиллик патшасы», ал екиншиси Сєлем патшасы болып, бул аттың мєниси «тынышлық патшасы» дегенди аңлатады. 3 Оның єкеси, анасы ҳєм шежиреси белгисиз. Ѳмириниң басы, я соңы жоқ. Ол сол жағынан Кудайдың Улына уқсайды ҳєм мєңгиге руўханий болып қалады. 4 Караңлар, ол қаншелли уллы! Ҳєтте, түп бабамыз Ибрайым да түскен олжаларының оннан бирин оған берген еди. 5 Лебий урыўынан шыққан руўханийлер Мухаддес Нызамдағы буйрық бойынша ѳз туўысқанларынан, яғный халықтан, ҳєммеси де Ибрайымның урпақлары болса да, оннан бирин алыўы тийис еди. 6 Мелхиседек Лебий урыўынан болмаса да, Ибрайымнан оннан бирин алып, Кудайдың ўєдесине ийе болған оған пєтиясын берген еди. 7 Пєтия берген адам пєтия алған адамнан уллы екени сѳзсиз. 8 Оннан бирин алатуғын руўханийлердиң басында ѳлим бар. Бирақ, Ибрайымнан оннан бирин алған Мелхиседектиң тири екени ҳаққында гүўалық бар. 9 Демек, оннан бирин алатуғын Лебийдиң ѳзи де Ибрайым арқалы оннан бирин берди, деп айтыўға болады. 10 Ѳйткени Мелхиседек Ибрайымды қарсы алғанда, Лебий еле бабасы Ибрайымның белинде еди. 11 Израил халқы Мухаддес Нызамды лебийлилердиң руўханийлик хызмети тийкарында алған еди. Бирақ егер Харон єўладынан болған лебийлилердиң руўханийлик хызмети арқалы минсизликке ерисиў мүмкин болғанда, онда Мелхиседек сыяқлы басқа бир руўханийдиң келиўине ҳєжет бар ма еди? 12 Себеби руўханийлик хызмети ѳзгертилсе, Мухаддес Нызам да ѳзгертилиўи тийис. 13 Алдын сѳз етилген адам, яғный Ийса басқа урыўдан шыққан еди. Сол урыўдан ҳеш ким қурбанлық шалынатуғын орында хызмет етпеген. 14 Ал Ийемиз Ийсаның Яҳуда урыўынан келип шыққаны анық. Муўса бул урыўға байланыслы руўханийлик ҳаққында ҳеш нєрсе айтпаған еди. 15 Мелхиседекке уқсаған басқа бир руўханий пайда болғанынан бул сѳзлеримиз еле де анығырақ болады. 16 Ийса Лебий урыўына байланыслы болған Мухаддес Нызамдағы қағыйдалар бойынша емес, ал таўсылмайтуғын ѳмир қүдирети менен руўханий болды. 17 Ѳйткени Мухаддес Жазыўда Ол ҳаққында: «Сен Мелхиседек сыяқлы, Мєңгиге руўханийсең», – деген гүўалық бар. 18 Руўханийлик ҳаққында єўелги қағыйдалар ҳєлсиз ҳєм пайдасыз болғанлықтан бийкар етилди. 19 Себеби Мухаддес Нызам ҳеш бир нєрсени минсизликке еристирмеди. Буның орнына, бизлерди Кудайға жақынластыратуғын жақсы үмит берилди. 20 Ийса Кудайдың берген анты бойынша руўханий болды. Ал лебийли руўханийлер Кудайдың анты бойынша руўханий болған жоқ. 21 Ийса Ѳзине: «Кудай Ийемиз ант ишти, Ол антынан таймайды: „Сен мєңгиге руўханийсең“», – деген Кудайдың анты бойынша руўханий болды. 22 Солай етип, Ийса еле де жақсырақ келисимниң гиреўи болды. 23 Жєне бир айырмашылығы мынадай: єпиўайы руўханийлердиң саны кѳп еди. Ѳйткени ѳлим оларға хызметлерин даўам етиўге тосқынлық қылатуғын еди. 24 Бирақ Ийса мєңги жасайтуғын болғанлықтан, Оның руўханийлиги де мєңги. 25 Сонлықтан Ол Ѳзи арқалы Кудайға келгенлерди пүткиллей қутқаратуғын күшке ийе. Себеби Ол мєңгиге тири болып, Кудайдан олар ушын ѳтинип сорайды. 26 Ийса бизлерге керек болған бас руўханийдиң анық Ѳзи болады. Ѳйткени Ол мухаддес, айыпсыз, пєк, гүнакарлардан ажыратылған ҳєм аспаннан да жоқары кѳтерилип, уллы абырайға ийе болған. 27 Басқа бас руўханийлер сыяқлы, ҳєр күни єўели Ѳз гүналары ушын, ал соңынан халықтың гүналары ушын қурбанлық бериўдиң Оған ҳєжети жоқ. Себеби Ол Ѳзин қурбан етип, бул исти бир мєртебе ҳєм биротала орынлады. 28 Муўсаның Нызамы адам болғанлықтан минсиз емес болғанларды бас руўханий қылып қояды. Бирақ Муўсаның Нызамынан соң, Кудайдың ант етип берген ўєдеси Оның мєңгиге минсиз Улын бас руўханий етип қойды.
1 Айтқанларымыздың тоқ етери мынадан ибарат: бизлердиң аспанда қүдиретли Кудайдың оң жағында отырған бас руўханийимиз Ийса бар. 2 Ол сол жерде адам тєрепинен емес, ал Кудай тєрепинен қурылған ҳақыйқый ҳєм мухаддес шатырда хызмет қылады. 3 Ҳєр бир бас руўханий садақа ҳєм қурбанлықлар бериў ушын тайынланады. Сонлықтан бизлердиң бас руўханийимиздиң де беретуғын бир нєрсеси болыўы тийис еди. 4 Егер Ийса жер жүзинде қалғанда, руўханий болмас еди. Ѳйткени єлле қашан жер жүзинде Мухаддес Нызам бойынша садақалар беретуғын руўханийлер бар. 5 Бирақ, бул руўханийлер аспандағы ҳақыйқый ҳєм мухаддес шатырдың үлгиси ҳєм кѳлеңкеси болған жердеги Мухаддес шатырда хызмет етеди. Себеби Муўса усы Мухаддес шатырды қурыўға кирискенде, Кудай тєрепинен былай деп ескертилген еди: «Абайла, ҳєр бир нєрсени таўда ѳзиңе кѳрсетилген үлги бойынша исле». 6 Ал Ийса бурынғыдан да жақсырақ ўєделерге тийкарланып дүзилген, Кудай менен адамлардың арасындағы жақсырақ келисимниң тєўеллешиси болды. Сонлықтан Ол руўханийлердиң хызметинен анағурлым жоқарырақ хызметке ийе болды. 7 Егер сол биринши келисим кемшиликсиз болғанда, оның орнына екиншисин дүзиўдиң кереги болмас еди. 8 Ал, халқын айыплы деп тапқан Кудайдың сѳзлери мынадай: «Жаратқан Ийемиз былай дейди: „Мен Израил халқы ҳєм Яҳудия халқы менен, Жаңа келисим дүзетуғын күнлер жақынлады. 9 Бул келисим Мен олардың ата-бабаларының қолынан услап, Мысыр елинен алып шыққан ўақтымда, Олар менен дүзген келисим сыяқлы болмайды. Ѳйткени олар Мениң келисимиме садық болмады. Сонда Мен де олардан жүзимди терис бурдым. 10 Сол күнлерден соң, Израил халқы менен дүзетуғын келисимим мынаў: Нызамларымды олардың сана-сезимлерине салып, Жүреклерине ойып жазып қояман. Мен олардың Кудайы боламан, Олар Мениң халқым болады. 11 Ҳеш кимниң жанындағы адамға, Я болмаса, ѳз туўысқанына, Ийемизди бил, деп үйретиўине ҳєжет жоқ. Себеби кишкенесинен үлкенине дейин, Олардың ҳєммеси Мени билетуғын болады. 12 Мен олардың наҳақ ислерин реҳимлилик пенен кеширемен, Гүналарын қайтып есиме алмайман“». 13 Кудай «жаңа келисим» деп, бурынғысының гѳнерген кѳрсетти. Гѳнерген нєрсе кѳп ѳтпей жоқ болады.
1 Биринши келисим дєўиринде сыйыныў қағыйдалары ҳєм адамның қолынан қурылған Мухаддес шатыр бар еди. 2 Курылған сол Мухаддес шатырдағы «Мухаддес бѳлме» деп аталатуғын биринши бѳлмеде шыра қойғыш, стол ҳєм столдың үстинде Кудайға усынылған нанлар болатуғын еди. 3 Мухаддес шатырдағы екинши пердениң артында «Ең мухаддес бѳлме» деп аталатуғын екинши, ишки бѳлме бар еди. 4 Бул бѳлмеде хош ийисли затлар түтетилетуғын алтыннан исленген орын ҳєм ҳємме жери алтын менен қапланған Келисим сандығы бар еди. Сандықтың ишинде манна салынған алтын гүзе, Харонның бѳрткен ҳасасы ҳєм он буйрық ойып жазылған таслар бар еди. 5 Сандықтың үстинде керуб атлы уллы периштелердиң мүсини бар еди. Олар сандықтың үстиндеги гүналар кеширилетуғын жерди қанатлары менен жаўып туратуғын еди. Бирақ, ҳєзир бул нєрселер ҳаққында бирме-бир айта алмаймыз. 6 Мухаддес шатыр усылай үскенеленген еди. Оның биринши бѳлмесине руўханийлер ҳєр қашан кирип, сыйыныў хызметин орынлайтуғын еди. 7 Ал екинши, ишки бѳлмеге болса, бир жылда бир мєртебе тек бас руўханий ғана кире алатуғын еди. Ол ѳзи менен бирге сол жерге ѳзиниң гүналарының ҳєм халықтың билмей ислеген гүналарының кеширилиўи ушын шалынған қурбанлықтың қанын алып кириўи тийис еди. 8 Бул арқалы Мухаддес Руўх бизлерге мынаны билдиреди: Мухаддес шатырдың биринши бѳлмеси еле бар екен, Ең мухаддес бѳлмеге баратуғын жол жабық болады. 9 Бул ҳєзирги заман ушын тымсал болып, берилген садақалар ҳєм қурбанлықлардың Кудайға сыйынатуғын адамның ҳүжданын пєклей алмайтуғынын кѳрсетеди. 10 Булар тек жеўге, ишиўге ҳєм ҳєр қыйлы диний тазаланыў үрдислерине байланыслы нєрселер болып, жаңа дүзим пайда болғанға дейин күшке ийе болған сыртқы қағыйдалар ғана. 11 Бирақ Масих пайда болған жақсы нєрселердиң бас руўханийи болып келип, қолдан соғылмаған, яғный бул дүньядағы жаратылыстан болмаған уллырақ ҳєм минсиз Мухаддес шатырға кирди. 12 Масих теке ҳєм баспақлардың қаны менен емес, ал Ѳз қаны менен Ең мухаддес бѳлмеге биринши ҳєм соңғы мєртебе кирип, бизлерге мєңгилик қутқарылыў алып келди. 13 Бурын ҳарамланып қалғанлардың денесиниң пєк болыўы ушын, олардың үстилерине теке менен ѳгизлердиң қаны ҳєм қашарлардың күли себилип, оларды мухаддес қылатуғын еди. 14 Ал енди болса, мєңгилик Мухаддес Руўх арқалы Ѳзин минсиз қурбанлық қылып Кудайға бағышлаған Масихтың қаны бизлердиң тири Кудайға хызмет ете алыўымыз ушын, ҳүжданымызды ѳлимге жетелеўши ислерден тазалаўы сѳзсиз. 15 Солай етип, Кудай тєрепинен шақырылғанлардың ўєде етилген мєңгилик мийрасты алыўы ушын, Масих Кудай менен адамлардың арасында дүзилген жаңа келисимниң тєўеллешиси болды. Ѳйткени Ол адамларды биринши келисимниң ўақтында ислеген гүналарынан қутқарыў ушын, Ѳзин қурбан етти. 16 Ўєсият бар жерде ўєсият еткен адамның ѳлимин тастыйықлаў да керек болады. 17 Ўєсият тек адамның ѳлиминен соң ғана күшке ийе болады. Ўєсият еткен адам тири болса, ол ҳеш қандай күшке ийе емес. 18 Сонлықтан биринши келисим де қан тѳгилгеннен кейин күшке енди. 19 Муўса Мухаддес Нызамның ҳєр бир буйрығын халыққа жєриялағаннан соң, баспақ ҳєм текелердиң суў қосылған қанына қызыл жүн ҳєм иссоп шѳбин малып алып, келисим китабының да, пүткил халықтың да үстине септи де: 20 «Бул – Кудайдың сизлер менен дүзген келисимин бекитетуғын қан», – деди. 21 Сондай-ақ, ол Мухаддес шатырдың ҳєм сыйынғанда қолланылатуғын барлық затлардың үстине де қан септи. 22 Ҳақыйқаттан да, Мухаддес Нызам бойынша дерлик ҳємме нєрсе қан менен тазаланады. Кан тѳгилмесе, гүна кеширилмейди. 23 Солай етип, аспандағы ҳақыйқый нєрселердиң үлгиси болған бул нєрселер усылай тазаланыўы керек еди. Бирақ аспандағы нєрселер болса, оннан да жақсырақ қурбанлықлар менен тазаланыўы тийис. 24 Себеби Масих аспандағы ҳақыйқый ҳєм мухаддес шатырдың үлгиси болған, қолдан қурылған Мухаддес шатырға емес, ал туўры аспанға кирип, ҳєзир бизлер ушын Кудайдың алдында тур. 25 Малдың қаны менен Ең мухаддес бѳлмеге жыл сайын киретуғын бас руўханий сыяқлы, аспанға кирген Масихқа Ѳзин қайта-қайта қурбан етиўдиң кереги жоқ. 26 Егер олай болмағанда, дүнья жаратылғаннан баслап Масихтың қайта-қайта азап шегиўи тийис болар еди. Бирақ Масих Ѳзин қурбан етип, гүнаны жоқ қылыў ушын, заманның ақырында тек бир мєртебе жерге келди. 27 Бир мєртебе ѳлип, оннан соң ҳүким етилиў адамлардың тєғдирине жазылған. 28 Сол сыяқлы, Масих та кѳплердиң гүналарын жуўыў ушын, биринши ҳєм соңғы мєртебе қурбан болды. Екинши мєртебе болса, Ол гүналарды жуўыў ушын емес, ал Ѳзин интизарлық пенен күтип атырғанларды толық қутқарыў ушын келеди.
1 Мухаддес Нызам келешектеги жақсы нєрселердиң ҳақыйқый келбети емес, ал кѳлеңкеси ғана. Сонлықтан усы Мухаддес Нызам бойынша ҳєр жылы үзликсиз берилетуғын бирдей қурбанлықлар Кудайға сыйынатуғынларды ҳеш қашан толық пєклей алмайды. 2 Егер толық пєклей алса, қурбанлық берилиў тоқтатылмас па еди? Ѳйткени сыйыныўшылар бир мєртебе гүналарынан тазаланғанынан соң, оларда қайтып гүнакарлық сезими қалмаған болар еди. 3 Бирақ усы қурбанлықлар адамларға жыл сайын гүналарын есине түсиреди. 4 Себеби ѳгизлер менен текелердиң қаны гүналарды жоқ қыла алмайды. 5 Сол себептен Масих дүньяға келип, Кудайға былай деген еди: «Курбанлық пенен садақаны Сен қєлемедиң, Бирақ, Мен ушын бир дене таярладың. 6 Жағылған садақаларды ҳєм гүна ушын берилген қурбанлықларды Сен хош кѳрмедиң. 7 Сонда Мен былай дедим: „Оралған китапта Мен туўралы жазылғандай, О Кудай, Сениң қєлеўиңди орынлаў ушын, Мине, Мен келдим“». 8 Тѳмендегилердиң Мухаддес Нызам бойынша берилетуғынына қарамастан, Масих алдын: «Курбанлықларды, садақаларды, жағылған садақаларды ҳєм гүна ушын берилген қурбанлықларды Сен қєлемедиң ҳєм оларды хош кѳрмедиң», – деген еди. 9 Соңынан Масих: «Сениң қєлеўиңди орынлаў ушын, Мен келдим», – деди. Яғный, Ол екинши келисимди орнатыў ушын, биринши келисимди бийкар етти. 10 Кудайдың усы қєлеўи бойынша, Ийса Масих Ѳз денесин биринши ҳєм соңғы мєртебе қурбан етиўи арқалы бизлер мухаддес қылындық. 11 Ҳєр бир руўханий ҳєр күни хызметте турып, бирдей қурбанлықларды қайта-қайта береди. Бирақ бул қурбанлықлар гүналарды ҳеш қашан жоқ қыла алмайды. 12 Ал бизлердиң бас руўханийимиз Масих гүналар ушын мєңгиликке татырлы тек бир қурбанлық берип, Кудайдың оң тєрепине отырды. 13 Ол сол ўақытлардан бери, Ѳз душпанларының аяқларының астына басылыўын күтпекте. 14 Ѳйткени Ол мухаддес қылынғанларды тек бир қурбанлық пенен мєңгиликке минсиз қылды. 15 Мухаддес Руўх та бул ҳаққында бизлерге гүўалық береди. Єўели Ол былай деген: 16 «Жаратқан Ийемиз былай дейди: „Сол күнлерден соң, Олар менен дүзетуғын келисимим мынаў: Нызамларымды олардың жүреклерине салып, Сана-сезимлерине ойып жазып қояман“». 17 Соңынан Ол қосымша қылып, былай дейди: «Олардың гүналарын ҳєм нызамсыз ислерин қайтып есиме алмайман». 18 Демек, гүналар кеширилген болса, енди олар ушын қурбанлық бериўдиң де кереги жоқ. 19 Сонлықтан ҳєй туўысқанларым, Ийсаның қаны себепли аспандағы Ең мухаддес бѳлмеге кириўге бизлерде батыллық бар. 20 Ол бизлерге Мухаддес шатырдағы перде арқалы, яғный Ѳз денеси арқалы сол Ең мухаддес бѳлмеге кириўге жаңа ҳєм тири жол ашып берди. 21 Усы Ийса – Кудайдың шаңарағын басқаратуғын бизлердиң уллы руўханийимиз. 22 Сол себептен Оның қаны менен ҳүжданымыз айыплаған ислерден жанымызды тазалап ҳєм денемизди таза суў менен жуўып, толық исеним менен шын жүректен Кудайға жақынлайық. 23 Ѳзлеримиз ашық мойынлаған үмитимизди екиленбей беккем сақлайық. Себеби ўєде берген Кудай садық. 24 Бир-биримизге ғамхор болып, бир-биримизди сүйиспеншиликке ҳєм жақсы ислер ислеўге руўхландырайық. 25 Айырым адамлардың єдетке айландырғанындай, жыйналысларымызды қалдырмайық. Керисинше, Ийемиз келетуғын сол күнниң жақынлағанын билип, бир-биримизди еле де кѳбирек жигерлендирип барайық. 26 Ѳйткени егер бизлер ҳақыйқатты билгенимизден соң да, биле тура гүна ислеўди даўам етсек, онда енди гүналар ушын берилетуғын басқа қурбанлық жоқ. 27 Тек ҳүкимди ҳєм Кудайға қарсы болғанларды жандырып жоқ қылатуғын лаўлаған отты қорқыныш пенен күтиў ғана қалады. 28 Муўсаның Нызамын тєн алмай бузған адам еки ямаса үш гүўаның гүўалығы менен аяўсыз түрде ѳлтирилетуғын еди. 29 Енди бир ойланып кѳриңлер, Кудайдың Улын аяқ асты етип, ѳзин мухаддес қылған қанды, яғный келисимди бекиткен қанды қєдирсиз кѳрген ҳєм Кудайдың мийиримли Руўхын масқаралаған адам буннан да аўырырақ жазаға ылайықлы болмай ма? 30 Себеби бизлер «Ѳш алыў Мениң қолымда, сазайын Ѳзим беремен» ҳєм жєне де «Жаратқан Ийемиз Ѳз халқын ҳүким етеди», – деген Кудайды билемиз. 31 Тири Кудайдың қолына түсиў қаншелли қорқынышлы! 32 Ал сизлер ѳзлериңизге ҳақыйқатлық нуры түскеннен соң, азап-ақыретлерге толы гүреске шыдаған дєслепки күнлериңизди еске түсириңлер. 33 Гейбир ўақытлары ѳзлериңиз ел-журт алдында масқара етилип, жєбир шегетуғын едиңлер. Ал айырым ўақытлары усындай аўҳалға түскенлердиң ҳєсиретин бѳлисетуғын едиңлер. 34 Сизлер исеним себепли қамақта болғанлардың да дєртлерине шерик болдыңлар. Ѳзлериңизди еле де жақсырақ ҳєм мєңгиге бар болатуғын мал-мүлик күтип турғанын билип, мал-мүлкиңиздиң талан-тараж қылыныўын қуўаныш пенен қабыл еттиңлер. 35 Солай етип, усы беккем исенимиңизди жойтпаңлар. Ѳйткени ол ушын алатуғын сыйыңыз үлкен. 36 Кудайдың қєлеўин орынлап, ўєде етилгенди алыўыңыз ушын, сизлерге сабырлылық керек болады. 37 Себеби Кудай бир пайғамбары арқалы былай деген: «Енди аз-маз ўақыттан кейин, Келетуғын тез арада келеди, Ол кешикпейди. 38 Маған тийисли ақланған адам исеними менен жасайды, Егер ол арқаға шегинсе, оған кеўлим толмайды». 39 Бизлер арқаға шегинип набыт болатуғынлардан емеспиз. Ал, исенип қутқарылатуғынларданбыз.
1 Исеним – бул үмит етилген нєрселердиң ємелге асатуғынына ҳєм кѳринбейтуғын затлардың бар екенине гүмансыз исениў. 2 Ата-бабаларымыз усындай исеними себепли, Кудай тєрепинен хошаметленди. 3 Бизлер исенимимиз себепли, дүньяның Кудайдың сѳзи менен жаратылғанын түсинемиз. Солай етип, кѳринбейтуғын нєрселерден кѳринетуғын нєрселер пайда болған. 4 Исеними себепли, Абыл Кудайға Каиннан гѳре жақсырақ қурбанлық берди. Ол исеними себепли ақланған адам деп саналып, Кудай тєрепинен хошаметленди. Ѳйткени Кудай оның берген садақаларын қабыл етти. Абыл ѳлген болса да, оның исеним менен ислеген иси еле үлги болып келмекте. 5 Исеними себепли, Енок ѳлим кѳрмей-ақ жоқарыға алынды. Оны ҳеш ким таба алмады, себеби Кудай оны жоқарыға алған еди. Ол жоқарыға алыныўға дейин оның Кудайға унаған адам екени ҳаққында гүўалық берилди. 6 Исеним болмаса, Кудайға унаў мүмкин емес. Ѳйткени ким де ким Кудайға жақынламақшы болса, Оның бар екенине ҳєм Оның Ѳзин излегенлерди сыйлықлайтуғынына исениўи тийис. 7 Исеними себепли, Нух еле болмаған нєрселер туўралы Кудай тєрепинен ескертилгенде, Кудайдан қорқып, шаңарағының қутқарылыўы ушын, кеме соқты. Ол бул арқалы дүньяны ҳүким етти ҳєм исеними себепли ақланыўға еристи. 8 Исеними себепли, Ибрайым ўєде етилген елге кетиў ушын шақырылғанда, Кудайдың сѳзине бойсынып, қай жерге кетип баратырғанын билмесе де, жолға шықты. 9 Ибрайым ўєде етилген елге орналасқанда, исеними себепли жат жерли адамдай болып жасады. Ѳзи менен бирдей ўєдеге шерик болған Ысақ ҳєм Яқып пенен, ол шатырларда ѳмир кеширди. 10 Себеби ол дѳретиўшиси де, қурыўшысы да Кудай болған, беккем тийкарға ийе қаланы күтетуғын еди. 11 Исеними себепли, Сараның нєсилсиз болыўына ҳєм ѳзиниң жасы ѳткенине қарамай, Ибрайым єке болыў мүмкиншилигине еристи. Ѳйткени ол ўєде еткен Кудайдың садық екенине исенди. 12 Солай етип, бир адамнан, яғный қартайып нєсилсизленип қалған Ибрайымнан аспандағы жулдызлар сыяқлы, теңиз жағасындағы қум сыяқлы есап-сансыз єўладлар пайда болды. 13 Алдын айтылған бул адамлардың ҳєммеси де ѳмирлериниң ақырына дейин исенимин сақлап қалды. Ўєде етилгенлерди алмаса да, оларды узақтан кѳрип қуўанды. Олар ѳзлериниң жер жүзинде жат ҳєм қонақ адамлар екенин ашық мойынлады. 14 Усылай сѳйлеген адамлар ѳз ўатанын излеп жүргенин кѳрсетеди. 15 Егер олар ѳзлери таслап кеткен елди ўатаным деп ойлай бергенде, сол жерге қайтып барыўға жол табар еди. 16 Бирақ, олар жердеги ўатаннан да жақсырағын, яғный аспандағы ўатанды єрман ететуғын еди. Сол себептен Кудай олардың Кудайы болыўға арланбайды. Себеби Ол олар ушын бир қала таярлап қойыпты. 17 - 18 Ибрайым сыналғанда, исеними себепли улы Ысақты қурбанлыққа берди. Кудай Ибрайымға: «Сениң урпағың Ысақ арқалы даўам етеди», – деген ўєдени берген болса да, ол жалғыз улын қурбан етпекши болды. 19 Ѳйткени Ибрайым Кудай ѳлилерди де тирилте алады, деп исенди. Астарлап айтқанда, ол Ысақты ѳлимнен қайтарып алды. 20 Исеними себепли, Ысақ келешекте болатуғын нєрселерди болжап, уллары Яқып ҳєм Исабқа пєтиясын берди. 21 Яқып ѳлеринен алдын исеними себепли, Юсуптың еки улына бирме-бир пєтиясын берди ҳєм ҳасасының ушына сүйенип, Кудайға сыйынды. 22 Юсуп ѳлеринен алдын исеними себепли, Израил балаларының Мысырдан шығатуғынын болжап айтты ҳєм оларға кетеринде ѳзиниң сүйегин алып кетиўди буйырды. 23 Муўса туўылғанда, ата-анасы исеними себепли, оны үш ай жасырып қойды. Себеби баланың айрықша екенин кѳрди ҳєм патшаның пєрманынан қорқпады. 24 Муўса ержеткенде, исеними себепли, Фараонның қызының баласы деп аталыўдан ўаз кешти. 25 Ол ўақытша гүнакар ѳмирдиң кєйип-сапасын сүриўдиң орнына, Кудайдың халқы менен бирге жєбир шегиўди таңлады. 26 Масих себепли хорланыўды Мысырдың ғєзийнелеринен де уллырақ байлық деп санады. Ѳйткени ол алажақ сыйын күтетуғын еди. 27 Исеними себепли, ол патшаның қєҳєринен қорқпай, Мысырды таслап кетти. Кѳринбейтуғын Кудайды кѳргендей, ол мєрт еди. 28 Туңғышларды набыт қылған периште израиллыларға қол тийгизбесин деп, Муўса исеними себепли, Кутқарылыў байрамының қурбанлығының шалыныўын ҳєм оның қанының қапыларға себилиўин буйырды. 29 Исеними себепли, израиллылар Кызыл теңизди қурғақ жерден ѳткендей кешип ѳтти. Мысырлылар да усылай ислемекши болып ҳєрекет еткенде, суўға батып кетти. 30 Исеними себепли, израиллылар Ерихо қаласының єтирапын жети күн айланғанда, қала дийўаллары қулады. 31 Сонда исеними себепли, бузық ҳаял Раҳаб та Кудайға бойсынбайтуғын адамлар менен бирге ѳлтирилмеди. Себеби ол жансызларды жыллы жүзлик пенен қабыл алған еди. 32 Жєне не айтайын? Гедеон, Барак, Самсон, Еффа, Даўыт, Самуел ҳєм барлық пайғамбарлар ҳаққында айтып отырыў ушын ўақтым жетпейди. 33 Исеними себепли, олар патшалықларды жеңди, єдиллик орнатты, ўєде етилген нєрселерди алды ҳєм арысланлардың аўызларын тосып қойды. 34 Лаўлаған отты сѳндирди, қылыш жүзинен қашып қутылды. Ҳєлсирегенде Кудайдан күш алды, саўашта қүдиретли болды ҳєм жаў єскерлерин қыйратты. 35 Исеними себепли, ҳаяллар ѳз марҳумларын тирилген ҳалда қайтарып алды. Ал айырымлары еле де жақсырақ тирилиўге ерисиў ушын, азатлықтан ўаз кешти ҳєм азапланып ѳлтирилди. 36 Жєне гейбиреўлери масқараланып, қамшы жеди, ҳєтте, шынжырлар менен байланып, қамаққа салынды. 37 Исеними себепли, олар тас пенен урылды, пышқы менен кесилип екиге бѳлинди, қылыштан ѳткерилип ѳлтирилди. Кой ҳєм ешкиниң терилерин жамылып, сергиздан болып жүрди, жоқшылықта жасады, қыйыншылықларға ушырады ҳєм хорлық кѳрди. 38 Дүнья бул адамларға ылайық емес еди! Олар шѳллерди, таўларды, үңгирлерди ҳєм тѳлелерди гезип себил болды. 39 Олардың ҳєммеси де исеними себепли Кудай тєрепинен хошаметленген болса да, ўєде етилгенди алмады. 40 Ѳйткени Кудай бизлер ушын буннан да жақсырақ нєрсени таярлап қойғанлықтан, олар бизлерсиз минсизликке ериспеди.
1 Минекей, бизлерди қоршаған усындай кѳп санлы гүўалар топары бар екен. Сонлықтан бизлер де кесент беретуғын ҳєр бир жүкти ҳєм ѳзлеримизге тез жабысатуғын гүнаны таслап, Кудай алдымызға қойған жарыста шыдамлылық пенен жуўырайық. 2 Исенимимиздиң тийкарын салыўшы ҳєм оны минсизликке еристириўши Ийсаға кѳз тигейик. Ол Ѳзин күтип турған қуўаныш ушын, атанақ ағашта шегелениўдиң шермендешилигин писент етпей ѳлимге барып, Кудайдың тахтының оң тєрепине отырды. 3 Гүнакарлардың усындай қарсылықларына шыдаған Ийсаны ойлаңлар. Сонда ҳалдан тайып, руўхый түскинликке түспейсизлер. 4 Сизлер гүнаға қарсы гүресте қаныңыз тѳгилгенше гүрескен жоқсыз-ғо. 5 Кудайдың Ѳз улларына сѳйлегендей қылып, сизлерге айтқан мына ақыл-нєсиятын умыттыңыз: «Улым! Жаратқан Ийемиздиң тєрбиясына итибарсыз қарама, Ол сени єшкаралағанда, руўхыңды түсирме. 6 Себеби Ол сүйген адамын тєрбиялайды, Улы қылып қабыл еткен ҳєр бир адамын жазалайды». 7 Тєрбияланыў ушын шегип атырған азапларыңызға шыдаңлар. Кудай сизлерге Ѳз балаларындай қатнас жасап атыр-ғо. Єкеси тєрепинен тєрбияланбайтуғын ул бола ма? 8 Ҳєр бир адам алатуғын тєрбияны алмай атырған болсаңыз, онда сизлер ҳақыйқый уллар емес, ал некесиз туўылған балаларсыз. 9 Сондай-ақ, бизлерди тєрбиялаған дүньядағы єкелеримизди бизлер ҳүрмет ететуғын едик. Ондай болса, руўхый Єкемиз болған Кудайға еле де кѳбирек бойсынып жасаўымыз керек емес пе? 10 Єкелеримиз бизлерди ѳзлери дурыс деп ойлаған жол бойынша қысқа ўақыт ишинде тєрбиялады. Бирақ Кудай Оның мухаддеслигине шерик болыўымыз ушын, бизлердиң пайдамызды ойлап тєрбиялайды. 11 Тєрбиялаў ушын берилген ҳєр бир жаза ўақтында қуўаныш емес, ал қапагершилик алып келеди. Бирақ кейин ала ол усылай тєрбияланған адамларға тынышлық бериўши ҳақлық алып келеди. 12 Солай етип, түскен еңсеңизди кѳтерип, аяқларыңызда тик турыңлар. 13 Араңызда исеними ақсағанлар жаман жолға түспей туўрыланыўы ушын, дүзиў жол менен жүриңлер. 14 Ҳємме менен татыў болып жасаўға ҳєм мухаддес болыўға тырысыңлар. Мухаддесликке ийе болмай турып, ҳеш ким де Ийемизди кѳрмейди. 15 Араңыздағы ҳеш бириңиз Кудайдың мийриминен айырылып қалмаўы ушын ҳєм араңызда сизлерге зыян тийгизип, кѳплерди зєҳєрлейтуғын ашшы тамыр кѳгерип шықпаўы ушын, бир-бириңизге жақсылап қараңлар. 16 Ишиңизде ҳеш ким бузықшылық ислемесин ямаса туңғышлық ҳуқықын бир аўқат ушын сатқан Исаб сыяқлы қудайсыз болмасын. 17 Хабарыңыз бар, Исаб соңынан єкесиниң пєтиясын алыўды қєлегенде, тилеги қабыл етилмеди. Ол кѳз жасларын тѳгип жалбарынса да, ѳзи ислеп қойған исти ѳзгерте алмады. 18 Сизлер жақынлаған таў – кѳзге кѳринетуғын, лаўлап жанған, қараңғылық пенен түнекке шѳккен, даўыл басқан, 19 кєрнай сести ҳєм Кудайдың сѳзи жаңлаған Синай таўы емес. Кудайдың сол даўысын еситкенлер бизлерге қайтып айтылмасын, деп жалбарынған еди. 20 Ѳйткени олар: «Егер таўға, ҳєтте, малдың туяғы тийсе де, тас пенен урып ѳлтирилсин», – деген буйрықтан қорқып, шыдай алмады. 21 Бул кѳринис соншелли қорқынышлы болғанлықтан, Муўса да: «Жүдє қорқып, дирилдеп баратырман», – деген еди. 22 Бирақ сизлер Сион таўына, яғный тири Кудайдың қаласы – аспандағы Ерусалимге, ондағы мың-мыңлаған периштелердиң қуўанышлы жыйынына 23 ҳєм атлары аспанда жазылған, Кудайдың туңғыш балалары сыяқлы болған биринши исениўшилер жыйнағына жақынладыңлар. Сизлер жєне де ҳємме адамды ҳүким етиўши Кудайға, минсизликке ерискен ҳақ адамлардың руўхларына, 24 жаңа келисимниң тєўеллешиси Ийсаға ҳєм Абылдың қанынан да артық болған Ийсаның кеширим беретуғын себилген қанына жақынладыңлар. 25 Абайлы болыңлар, сѳйлеп турған Кудайға қулақ аспай кетпеңлер. Оның тапсырмасы менен жер бетинде ескертип сѳйлеген Муўсаға қулақ аспаған Израил халқы жазадан қашып қутыла алмаған еди. Егер бизлер де аспаннан ѳзлеримизге ескертип сѳйлеп турған Кудайға қулақ аспасақ, буннан да аўырырақ жазадан қалай қашып қутыла аламыз? 26 Кудай Синай таўында сѳйлегенде, Оның даўысы жерди силкиндирип жиберген еди. Ол тағы да: «Жєне бир мєртебе тек жерди емес, ал аспанды да силкиндиремен», – деп ўєде берген еди. 27 «Жєне бир мєртебе» деген сѳзлер силкинбейтуғын нєрселердиң мєңгиге қалыўы ушын, силкинетуғын нєрселердиң, яғный жаратылған нєрселердиң жоқ болатуғынын аңлатады. 28 Солай етип, бизлер силкинбес патшалыққа ерискенимиз ушын шүкирлик билдирип, Кудайға унамлы түрде, Оған ҳүрмет ҳєм қорқыныш пенен сыйынайық. 29 Себеби бизиң Кудайымыз – жандырып жоқ қылатуғын от.
1 Бир-бириңизди туўысқанларша сүйиўди даўам етиңлер. 2 Миймандослықты умытпаңлар. Ѳйткени айырымлар усылай ислеп, ѳзлери билмей, периштелерди қонақ қылған. 3 Камақта болғанларды ѳзлериңиз олар менен бирге тутқын болғандай есте тутыңлар. Жєне де, азап шегип атырғанларды да ѳзлериңиз азап шегип атырғандай ядыңыздан шығармаңлар. 4 Ҳєммеңиз некеге ҳүрмет пенен қараңлар. Некеңиздиң тѳсеги гүна менен былғанбасын. Себеби Кудай бузықшылық ислегенлерди ҳєм неке ҳадаллығын бузғанларды ҳүким етеди. 5 Ақшаны сүйиўден аўлақ болып жасаңлар. Ѳзлериңизде барға қанаат етиңлер. Ѳйткени Кудай былай деген: «Сени ҳеш қашан таслап кетпеймен, Ҳеш қашан қалдырмайман». 6 Сонлықтан бизлер батырлық пенен былай деймиз: «Жаратқан Ийем маған жєрдем береди, мен қорқпайман, Адам маған не ислей алады?» 7 Сизлерге Кудайдың сѳзин айтқан жетекшилериңизди еске түсириңлер. Олардың қалай жасағанына ҳєм ѳмириниң ақыры қандай болғанына қарап, олардың исениминен ѳрнек алыңлар. 8 Ийса Масих кеше, бүгин ҳєм мєңгиликке бирдей. 9 Ҳєр түрли жат тєлийматларға берилип, азғырылмаңлар. Кеўилдиң аўқатқа байланыслы қағыйдаларды орынлаў менен емес, ал Кудайдың мийрими менен беккемленгени жақсы. Бундай қағыйдаларды орынлаўшылар ҳеш қандай пайда кѳрмеди. 10 Бизлердиң қурбанлық шалынатуғын орнымыз бар. Оның үстинде Ийса Масих бизлер ушын қурбан болды. Мухаддес шатырда хызмет ететуғын яҳудий руўханийлериниң сол қурбанлықтан пайда кѳриўге ҳақысы жоқ. 11 Яҳудий бас руўханийи гүна ушын қурбанлыққа берилген маллардың қанын Ең мухаддес бѳлмеге апарады. Ал шалынған маллардың денеси елаттың сыртында ѳртеп жибериледи. 12 Сол сыяқлы Ийса да Ѳз қаны менен адамларды мухаддес қылыў ушын, қала дєрўазасының сыртында азап шекти. 13 Олай болса, бизлер де Оның кѳрген хорлығын бѳлисиўимиз ушын, елаттың сыртына шығып, Оған барайық. 14 Себеби бул жерде бизлердиң мєңгилик қаламыз жоқ. Бизлер келешекте аспаннан түсетуғын қаланы єрман етемиз. 15 Сонлықтан Ийса арқалы Кудайға үзликсиз мақтаўларымызды қурбанлық сыпатында усынайық. Яғный, Оның атына деген алғысларымыз аўзымыздан түспесин. 16 Жақсылық ислеўди ҳєм ѳзлериңизде болған нєрсени басқалар менен бѳлисиўди умытпаңлар. Ѳйткени бундай қурбанлықлар Кудайға унайды. 17 Жетекшилериңиздиң сѳзлерин тыңлаңлар ҳєм оларға бойсыныңлар. Себеби олар сизлер ушын Кудайға есап беретуғын адамлар болғанлықтан, жанларыңызды қараўыллайды. Олар бул хызметин қуўаныш пенен, налымай атқарыў ушын, оларға қулақ асыңлар. Болмаса, ѳзлериңиз зыян кѳресизлер. 18 Бизлер ушын дуўа етиңлер. Бизлер ѳзлеримиздиң пєк ҳүжданға ийе екенимизге ҳєм ҳєр тєреплеме ҳадал ѳмир сүриўди қєлейтуғынымызға исенемиз. 19 Єсиресе жаныңызға тез қайтып барыўым ушын дуўа етиўиңизди ѳтиниш етемен. 20 Ѳз қанын тѳгип, мєңгилик келисимди бекитиўи арқалы қойлардың уллы Шопаны болған Ийемиз Ийсаны тынышлық бериўши Кудай ѳлимнен тирилтти. 21 Усы Кудай Оның еркин орынлаўыңыз ушын, сизлерге ҳєр бир жақсы нєрсени жеткизсин. Ѳзине унайтуғын нєрсени Ол Ийса Масих арқалы бизлерде ємелге асырсын. Масихқа мєңгиге даңқ болсын! Аўмийин. 22 Туўысқанларым, сизлерге ѳтиниш етемен, усы нєсият сѳзлеримди қабыл етиңлер. Ѳйткени мен сизлерге қысқаша жаздым. 23 Туўысқанымыз Тимофейдиң азат етилгенин билиўиңизди қєлеймен. Ол жақын арада жаныма келсе, оның менен бирликте сизлерди кѳриўге бараман. 24 Жетекшилериңиздиң ҳєммесине ҳєм пүткил исениўшилерге сєлем айтыңлар. Италиядан келгенлер сизлерге сєлем айтып атыр. 25 Кудайдың мийрими ҳєммеңизге яр болсын!
1 Бул – тез арада жүз бериўи керек болған ўақыяларды Ѳз хызметшилерине билдириў ушын Кудайдың Ийса Масихқа берген аяны. Ал Ол Ѳз периштесин жиберип, бул аянды хызметшиси Юханға билдирди. 2 Юхан Кудайдың сѳзин ҳєм Ийса Масихтың гүўалығын, яғный ѳзи кѳрген нєрселериниң ҳєммесин баян етти. 3 Бул пайғамбаршылық сѳзлерди оқыйтуғын ҳєм бул жерде жазылғанларды тыңлап, орынлайтуғынлар қандай бахытлы! Себеби бул ўақыялардың болатуғын ўақты жақын. 4 - 5 Мен, Юханнан, Азия үлкесиндеги жети жємєєтке сєлем! Ҳєзир бар, бурыннан бар болған, келешекте де бар болатуғын ҳєм келетуғын Кудайдан, Оның тахты алдында турған жети руўхтан, исенимли гүўа болған, ѳлилер арасынан биринши болып тирилген ҳєм жер жүзи патшаларының Ҳүкимдары болған Ийса Масихтан мийрим ҳєм тынышлық сизлерге берилсин! Ийса Масих бизлерди сүйип, Ѳз қаны менен бизлерди гүналарымыздан азат қылды 6 ҳєм бизлерди Ѳз Патшалығына еристирип, Єкеси Кудайдың хызметиндеги руўханийлери етти. Уллылық ҳєм қүдирет мєңгиге Оныки болсын! Аўмийин. 7 «Мине, Ол бултлар менен келмекте! Ҳєр бир кѳз Оны кѳреди, Оның денесин тескенлер де кѳреди. Жер жүзиниң барлық халықлары, Ол себепли ѳкирип жылайды». Аўа, усылай болады, аўмийин. 8 Ҳєзир бар, бурыннан болған, келешекте де бар болатуғын ҳєм келетуғын, ҳємме нєрсеге қүдиретли Кудай Ийемиз былай дейди: «Мен – Альфа ҳєм Омегаман». 9 Мен, Ийсаның қайғы-ҳєсиретине, патшалығына ҳєм сабырлығына сизлер менен бирге шерик болған туўысқаныңыз Юхан, Кудайдың сѳзин ҳєм Ийса ҳаққында жєриялағаным ушын Патмос атлы атаўға сүргин етилген едим. 10 Ийемиздиң күнинде, мени Мухаддес Руўх басқарып турғанда, арқамнан кєрнайдың даўысына уқсаған бєлент бир даўысты еситтим. 11 «Кѳрип турғанларыңды китапқа жаз ҳєм жети жємєєтке, яғный Ефес, Смирна, Пергам, Тиатира, Сардис, Филадельфия ҳєм Лаодикияға жибер», – деди даўыс. 12 Сѳйлеп турғанды кѳриў ушын, мен арқама бурылдым. Бурылып, жети алтын шыра қойғышты кѳрдим. 13 Олардың ортасында үстине узынлығы аяғына түсетуғын кийим кийген, кѳкирегине алтын ѳңирше байлаған Адам Улына уқсаған биреў тур еди. 14 Оның басы ҳєм шашлары ақ жүн сыяқлы, қардай аппақ еди. Кѳзлери болса, оттың жалынындай жарқырап турған еди. 15 Оның аяқлары пеште қыздырылған жылтырақ қолаға уқсаған болып, даўысы сарқырап аққан суўдың сестиндей еди. 16 Ал оң қолында жети жулдыз бар болып, аўзынан еки жүзли ѳткир қылыш шығып турған еди. Жүзи күшли жарқырап турған қуяштай еди. 17 Мен Оны кѳриўден-ақ, ѳли сыяқлы аяқларына жығылдым. Ал Ол оң қолын үстиме қойып, былай деди: – Корқпа! Мен – биринши ҳєм соңғыман. 18 Мен тиримен. Ѳлген едим, бирақ, мине, мєңгиге тиримен. Ѳлимниң ҳєм ѳлилер мєканының гилтлери Мениң қолымда. 19 Сонлықтан кѳргенлериңди, ҳєзир жүз берип атырған нєрселерди ҳєм буннан соң болатуғынларды жаз. 20 Оң қолымда сен кѳрген жети жулдыздың ҳєм жети алтын шыра қойғыштың сыры мынаў: жети жулдыз – жети жємєєттиң жетекшилери, жети шыра қойғыш – жети жємєєт.
1 – Ефес жємєєтиниң жетекшисине жаз. Оң қолына жети жулдыз услаған, жети алтын шыра қойғыштың ортасында жүретуғын былай дейди: 2 «Сениң ислериңди, аўыр мийнетиңди ҳєм сабырлылығыңды билемен. Жаман адамлардың жаманлық ислеўине жол қоймайтуғыныңды да билемен. Елши емес болып турып, ѳзлерин елши деп атағанларды сынадың ҳєм олардың ѳтирикши екенин билип алдың. 3 Аўа, сен сабырлысаң. Мениң атым ушын қыйыншылықларға шыдам бердиң ҳєм шаршамадың. 4 Бирақ, саған бир қарсылығым бар: сен биринши исенген ўақтыңдағы сүйиспеншилигиңди жойттың. 5 Солай етип, не нєрседе алжасқаныңды есиңе түсир! Тєўбе қылып, дєслепки ислериңди даўам ет. Егер тєўбе қылмасаң, саған келип, шыра қойғышыңды орнынан алып таслайман. 6 Деген менен, сенде бир унамлы қєсийет бар: сен Николас уйымының ислерин жек кѳресең. Оларды Мен де жек кѳремен. 7 Кулағы бар Мухаддес Руўхтың жємєєтлерге айтып атырған сѳзлерин еситсин. Жеңип шыққанға Кудайдың жєннетиндеги ѳмир терегиниң мийўесин жеў ҳуқықын беремен». 8 – Смирна жємєєтиниң жетекшисине жаз. Ѳлип, ѳлимнен қайта тирилген, биринши ҳєм соңғы болған былай дейди: 9 «Сениң қайғы-ҳєсиретиңди ҳєм кємбағаллығыңды билемен. Бирақ, сен байсаң. Ѳзлерин яҳудийлермиз дейтуғынлардың сени масқаралап айтқан сѳзлерин де билемен. Бирақ олар яҳудий емес, ал шайтан жыйыны. 10 Басыңа түсетуғын қыйыншылықлардан қорқпа! Мине, шайтан сизлерди сынаў ушын араңыздағы базыларыңызды қамаққа таслайды. Он күн азап шегесизлер. Ѳлиўге туўра келсе де, Маған садық қал, сонда Мен саған ѳмир тажын беремен. 11 Кулағы бар Мухаддес Руўхтың жємєєтлерге айтып атырған сѳзлерин еситсин. Жеңип шыққан екинши ѳлимнен ҳеш қандай зєлел кѳрмейди». 12 – Пергам жємєєтиниң жетекшисине жаз. Еки жүзли ѳткир қылышқа ийе болған былай дейди: 13 «Шайтанның тахты турған жерде жасайтуғыныңды билемен. Атыма садық екениңди де билемен. Ҳєтте, садық гүўам Антипа араңызда, шайтан отырған жерде ѳлтирилген күнлерде де сен Маған деген исенимиңнен қайтпадың. 14 Бирақ, саған бираз қарсылығым бар: араңызда Балаам тєлийматын тутыўшылар бар. Бутқа сойылған қурбанлық гѳшин жеўге ҳєм бузықшылық қылыўға үйретиў ушын, Балаам Балакқа Израил халқын жолдан урыўды үгитлеген еди. 15 Сол сыяқлы, сизлердиң араңызда Николас уйымының тєлийматын тутыўшылар да бар. 16 Бул ушын тєўбе қыл! Болмаса, тез жаныңа келип, оларға қарсы аўзымдағы қылыш пенен урысаман. 17 Кулағы бар Мухаддес Руўхтың жємєєтлерге айтып атырған сѳзлерин еситсин. Жеңип шыққанға сырлы манна ҳєм бир ақ тас та беремен. Бул тастың үстине жаңа ат жазылған. Атты тасты алған адамнан басқа ҳеш ким билмейди». 18 – Тиатира жємєєтиниң жетекшисине жаз. Кѳзлери лаўлап жанған отқа, аяқлары жылтыраған қолаға уқсаған Кудайдың Улы былай дейди: 19 «Сениң ислериңди, сүйиспеншилигиңди, исенимиңди, хызметиңди ҳєм сабырлылығыңды билемен. Соңғы ислериңниң биринши исенген ўақтыңдағы ислериңнен кѳбирек екенин де билемен. 20 Деген менен, саған бир қарсылығым бар: ѳзин пайғамбар деп атаған Изабел атлы ҳаялға жол қойып атырсаң. Бул ҳаял хызметшилеримди жолдан урып, бузықшылық ислеўге ҳєм бутларға сойылған қурбанлық гѳшин жеўге үйретпекте. 21 Тєўбе етиўи ушын оған мєўлет берген едим. Бирақ ол бузықшылығы ушын тєўбе етиўди қєлемейди. 22 Мине, Мен оны кеселлик тѳсегине қулатаман. Оның менен бузықшылық ислейтуғынларды да оның менен биргеликте ислеген жаман ислери ушын тєўбе етпесе, үлкен қайғы-ҳєсиретке дуўшар етемен. 23 Оның изине ергенлерди де ѳлимге дуўшар етемен. Сонда пүткил жємєєтлер Мениң кеўил ҳєм жүреклерди сынаўшы екенимди билип алады. Ҳєр бириңизге ислериңизге қарай қайтараман. 24 - 25 Бирақ, Тиатирадағы басқаларға, яғный сол ҳаялдың тєлийматын тутпай, „шайтанның тєлийматының терең сырларын“ үйренбеген сизлерге айтатуғыным мынаў: „Мен келемен дегенше, ѳзлериңизде бар болғанларға беккем болыңлар“. Сизлерге буннан басқа аўырманлық салмайман. 26 Жеңип шығып, Мениң буйырғанларымды ақырына дейин орынлағанға миллетлер үстинен бийлик беремен. 27 „Ол оларды темир таяқ пенен басқарып, Ылай ыдыс сыяқлы сындырып таслайды“. Єкемнен Мен алған усындай бийликти ол да алады. 28 Жеңип шыққанға таң жулдызын да беремен. 29 Кулағы бар Мухаддес Руўхтың жємєєтлерге айтып атырған сѳзлерин еситсин».
1 – Сардис жємєєтиниң жетекшисине жаз. Кудайдың жети руўхына ҳєм жети жулдызына ийе болған былай дейди: «Сениң ислериңди билемен. Тири жємєєт деген атың бар, бирақ сен ѳлисең. 2 Сергек бол! Еле ѳлмей қалған, енди ѳлейин деп атырғанларды беккемле. Себеби Кудайымның алдында сениң ислериңниң жеткиликсиз екенлигин кѳрдим. 3 Сонлықтан ѳзиң қабыл алып еситкен тєлийматыңды есиңе түсир. Оны тутынып, тєўбе ет! Егер сергек болмасаң, Мен уры сыяқлы күтилмегенде келемен, саған қашан келетуғынымды билмей қаласаң. 4 Бирақ Сардисте, сизлердиң араңызда, ипласланбаған айырым адамлар бар. Олар ақ кийим кийип, Мениң менен бирге жүреди. Ѳйткени олар усыған ылайықлы. 5 Жеңип шыққан усындай ақ кийим кийеди. Бундай адамның атын Ѳмир китабынан ҳеш қашан ѳширмеймен. Єкемниң ҳєм Оның периштелериниң алдында бул адамның атын ашық тєн аламан. 6 Кулағы бар Мухаддес Руўхтың жємєєтлерге айтып атырған сѳзлерин еситсин». 7 – Филадельфия жємєєтиниң жетекшисине жаз. Мухаддес ҳєм ҳақыйқат болған, Даўыттың гилтине ийе, Ол ашса ҳеш ким жаба алмайтуғын, жапса, ҳеш ким аша алмайтуғын былай дейди: 8 «Сениң ислериңди билемен. Мине, сениң алдыңа ҳеш ким жаба алмайтуғын ашық бир қапы қойдым. Күшиң аз болса да сѳзимди орынлап, атымнан ўаз кешпедиң. 9 Кара, шайтанның жыйынынан болғанларды, ѳзлерин яҳудиймиз деп атап, бирақ яҳудий болмаған ѳтирикшилерди саған тапсыраман. Оларды саған келиўге ҳєм сениң аяғыңа бас урыўға мєжбүр етип, оларға Мениң сени сүйетуғынымды кѳрсетемен. 10 Сабырлылық пенен шыда деген буйрығымды орынлағаның ушын, жер жүзинде жасайтуғынларды сынаў мақсети менен пүткил дүнья жүзине келетуғын сынақ ўақтынан Мен де сени сақлайман. 11 Мен жылдам келемен. Тажыңды ҳеш ким алып қоймаўы ушын, ѳзиңде бар нєрсеге беккем бол. 12 Жеңип шыққанды Кудайымның Ибадатханасының сүтини қыламан. Сол адам ол жерден ҳеш қашан шықпайды. Оның үстине Кудайымның атын, Кудайымның қаласының атын, яғный аспаннан, Кудайдың жанынан түсетуғын жаңа Ерусалимниң атын ҳєм Ѳзимниң жаңа атымды жазаман. 13 Кулағы бар Мухаддес Руўхтың жємєєтлерге айтып атырған сѳзлерин еситсин». 14 – Лаодикия жємєєтиниң жетекшисине жаз. Аўмийин, садық ҳєм ҳақыйқый гүўа, Кудайдың жаратқанларының Ҳүкимдары былай дейди: 15 «Сениң ислериңди билемен. Сен я суўық, я ыссы емессең. Кєне енди, я суўық, я ыссы болсаң! 16 Сен ыссы да, суўық та емес, ал жыллы болғаның ушын, сени аўзымнан қусып жиберемен. 17 Байман, байыдым, ҳеш нєрсеге мүтєж емеспен, дейсең. Бирақ ѳзиңниң бахытсыз, аянышлы, жарлы, соқыр ҳєм жалаңаш екенлигиңди билмейсең. 18 Сонлықтан Мениң саған айтатуғын мєслєҳєтим мынаў: бай болыўың ушын, Меннен отта тазаланған алтын, жалаңашлығыңның айыбы кѳринбеў ушын ақ кийимлер, кѳриўиң ушын кѳзлериңе сүртетуғын дєри сатып ал. 19 Мен сүйгенлеримниң ҳєммесин єшкара етип, тєрбиялайман. Сол себепли инталы болып, тєўбе ет. 20 Мине, Мен қапы алдында қағып турман. Егер ким де ким даўысымды еситип, қапыны ашса, оның үйине киремен. Мен оның менен, ол Мениң менен бирге аўқат жеймиз. 21 Мен жеңип шығып, Єкем менен бирге Оның тахтына отырғанымдай, жеңип шыққанға да Мениң менен бирге тахтыма отырыў ҳуқықын беремен. 22 Кулағы бар Мухаддес Руўхтың жємєєтлерге айтып атырған сѳзлерин еситсин».
1 Буннан соң, аспанда ашық турған бир қапыны кѳрдим. Мен бурын еситкен даўыс, яғный кєрнай сестине уқсаған сес маған былай деди: «Бул жерге кѳтерил! Мен саған буннан соң болыўы тийис ўақыяларды кѳрсетемен». 2 Сонда мен дєрҳал Мухаддес Руўхқа толып, аспанда бир тахты ҳєм онда Отырғанды кѳрдим. 3 Тахтта Отырғанның кѳриниси яспис, сардис сыяқлы ҳасыл таслардай жарқырап, ал тахтың єтирапын жарқыраған ҳасыл зумрат тасы сыяқлы радуга қоршап турған еди. 4 Тахтың дѳгерегинде басқа жигирма тѳрт тахт болып, бул тахтларда ақ кийимли, басларына алтын таж кийген жигирма тѳрт ақсақал отырған еди. 5 Тахттан шақмақ шағып, гүрсилдеген даўыс шығып, гүлдирмаманың гүркирегени еситилип турған еди. Ал тахтың алдында жети шыра жанып турған еди. Бул – Кудайдың жети руўхы. 6 Жєне тахтың алдында кристалл сыяқлы шийше теңиз бар еди. Тахттың тѳрт тєрепинде, яғный дѳгерегинде алды-арты кѳзге толған тѳрт мақлуқ турған еди. 7 Олардың бириншиси арысланға, екиншиси бузаўға уқсаған еди. Ал үшиншисиниң жүзи адамның түриндей, тѳртиншиси ушып баратырған бүркит сыяқлы еди. 8 Ҳєр бириниң алты қанаты болып, қанатларының иши-сырты толған кѳз еди. Олар күни-түни тоқтамастан: «Бар болған, ҳєзир бар ҳєм келешекте бар болатуғын ҳєм келетуғын, ҳємме нєрсеге қүдиретли Кудай Ийемиз мухаддес, мухаддес, мухаддес!» – дейди. 9 Тѳрт мақлуқ мєңги ѳмир сүретуғын тахтта Отырғанды уллылап, Оған ҳүрмет кѳрсетип шүкирлик билдирген сайын, 10 жигирма тѳрт ақсақал тахтың үстинде отырған мєңги ѳмир Сүретуғынның алдына жығылып, Оған табынды. Олар тажларын тахтың алдына қойып былай деди: 11 «Кудай Ийемиз! Сен даңқ, ҳүрмет ҳєм қүдиретти алыўға ылайықлысаң. Себеби ҳємме нєрсени Сен жаратқансаң. Ҳєммеси Сениң еркиң менен жаратылды ҳєм бар болды».
1 Сонда тахтта Отырғанның оң қолында иши-сырты жазылған, жети мѳр басылып бекитилген бир китапты кѳрдим. 2 Жєне мен бєлент даўыс пенен жєриялап бақырған бир күшли периштени де кѳрдим. Ол жар салып: «Ким бекитилген мѳрлерди бузып, китапты ашыўға ылайықлы?» – деди. 3 Бирақ аспанда да, жерде де, жердиң астында да китапты ашып, оның ишине қараўға ылайықлы ҳеш ким болмады. 4 Китапты ашып, оның ишине қараўға ылайықлы ҳеш ким табылмағанлықтан, мен қатты жыладым. 5 Сонда ақсақаллардың бири маған: – Жылама! Кара, Яҳуда урыўынан шыққан Арыслан, Даўыттың Урпағы жеңип шықты! Ол бекитилген мѳрлерди бузып, китапты аша алады, – деди. 6 Сол ўақытта мен тѳрт мақлуқ пенен ақсақаллар қоршап турған тахтың ортасында баўызланғанға уқсаған бир Козыны кѳрдим. Козының жети мүйизи ҳєм жети кѳзи бар еди. Бул кѳзлер – Кудайдың пүткил жер жүзине жиберген жети руўхы. 7 Козы жақынлап барып, тахтта Отырғанның оң қолынан китапты алды. 8 Козы китапты алғанда, тѳрт мақлуқ ҳєм жигирма тѳрт ақсақал Оның аяғына жығылды. Ҳєр бириниң қолында тарлы єсбап ҳєм хош ийисли затларға толған алтын кеселер бар еди. Бул хош ийисли затлар мухаддеслердиң дуўаларын билдиреди. 9 Олар жаңа алғыс-мақтаў қосығын айтып былай деди: «Сен китапты алыўға ҳєм бекитилген мѳрлерди бузып ашыўға ылайықлысаң! Ѳйткени Сен Ѳзиңди қурбан еттиң ҳєм ҳєр бир урыў, тил, халық ҳєм миллеттен шыққан адамларды Кудайға арнаў ушын, Ѳз қаныңды тѳгип, олардың тѳлемлерин ѳтедиң. 10 Оларды патшалығыңа еристирип, Кудайдың хызметиндеги руўханийлер қылдың. Олар жер жүзинде ҳєкимлик етеди». 11 Соңынан тахтты, мақлуқларды ҳєм ақсақалларды қоршаған есап-сансыз, мыңлаған, миллионлаған периштелерди кѳрдим ҳєм олардың даўысларын еситтим. 12 Олар даўыслап қосық айтып былай деди: «Баўызланған Козы күш, байлық, даналық, қүдирет, ҳүрмет, даңқ ҳєм алғыс-мақтаўды алыўға ылайықлы». 13 Жєне мен аспандағы, жер жүзиндеги, жердиң астындағы ҳєм теңиздеги пүткил жаратылыстың, олардағы пүткил барлықтың былай деп қосық айтқанын еситтим: «Тахтта отырған ҳєм Козы алғыс-мақтаўға, ҳүрметке, даңққа ҳєм қүдиретке мєңгиге ийе болсын!» 14 Тѳрт мақлуқ: «Аўмийин!» деп жуўап берди, ал жигирма тѳрт ақсақал жерге жығылып табынды.
1 Соңынан мен Козының бекитилген жети мѳрдиң бириншисин бузып ашқанын кѳрдим. Сонда тѳрт мақлуқтың бириниң гүлдирмаманың гүркирегенине уқсаған даўыс пенен: «Кел» дегенин еситтим. 2 Мен қарап, бир ақ атты кѳрдим. Аттың үстиндегиниң оқ жайы бар еди. Оған бир таж берилди. Ол жеңимпаз болып, жєне жеңиске ерисиўге атланды. 3 Козы бекитилген екинши мѳрди бузып ашқанда, екинши мақлуқтың: «Кел» дегенин еситтим. 4 Сонда оттай қызыл бир ат шықты. Атқа мингенге адамлардың бир-бирин ѳлтириўи ушын, дүнья жүзиндеги парахатшылықты жоқ қылыў бийлиги берилди. Оған үлкен бир қылыш та берилди. 5 Козы бекитилген үшинши мѳрди бузып ашқанда, үшинши мақлуқтың: «Кел» дегенин еситтим. Мен қарап, бир қара атты кѳрдим. Атқа мингенниң қолында пєлле тєрези бар еди. 6 Тѳрт мақлуқтың ортасынан шыққан бир даўыстың: «Бир күнлик ис ҳақыға бир қадақ бийдай ямаса үш қадақ арпа бериледи. Бирақ, зєйтүн майына ҳєм шарапқа зыян тийгизбе!» – дегенин еситтим. 7 Козы бекитилген тѳртинши мѳрди бузып ашқанда, тѳртинши мақлуқтың: «Кел!» дегенин еситтим. 8 Мен қарап, ақшыл сур атты кѳрдим. Атқа мингенниң аты ѳлим болып, оның изинен биреў ерип киятыр еди. Бул – ѳлилер мєканы еди. Оларға қылыш, ашлық, жуқпалы аўырыўлар ҳєм жердеги жыртқыш ҳайўанлар менен адамларды ѳлтириў ушын, дүньяның тѳрттен бир бѳлегиниң үстинен бийлик берилди. 9 Козы бекитилген бесинши мѳрди бузып ашқанда, қурбанлық шалынатуғын орынның астында Кудайдың сѳзи ҳєм ѳзлери айтқан гүўалықлары ушын ѳлтирилгенлердиң жанларын кѳрдим. 10 Олар бєлент даўыс пенен бақырып былай деди: «Мухаддес ҳєм ҳақыйқый Ийемиз! Сен енди қашан жер жүзинде жасайтуғынларды ҳүким етип, олардан тѳгилген қанымыз ушын ѳш аласаң?» 11 Сонда олардың ҳєр бирине ақ кийим берилип: «Сизлер сыяқлы ѳлтирилетуғын ѳзлериңиздей хызметшилердиң ҳєм туўысқанларыңыздың саны толық болғанға шекем аз-маз күтип турыңлар», – делинди. 12 Козы бекитилген алтыншы мѳрди бузып ашқанда қарасам, жер күшли силкинип, қуяш қара жүннен тоқылған қаптай, ал ай толығы менен қан сыяқлы қып-қызыл болып кетти. 13 Ал аспандағы жулдызлар күшли самал себепли шайқалған єнжир ағашынан тѳгилген писпеген мийўелер сыяқлы жерге түсти. 14 Аспан болса, оралған қағаз сыяқлы жоқ болып кетти. Ҳєр бир таў ҳєм атаў орнынан кѳширилди. 15 Сонда дүньяның патшалары, ҳємелдарлары, єскербасылары, байлары, күшлилери, барлық қул ҳєм азат адамлары үңгирлер менен таўдағы жартаслар арасына жасырынды. 16 Олар таўлар ҳєм жартасларға жалынып: «Үстимизге қулап, тахтың үстинде Отырғаннан ҳєм Козының ғєзебинен бизлерди жасыра гѳриң! 17 Себеби олардың қєҳєрли ғєзебиниң күни келди, буған ким шыдай алады», – деди.
1 Буннан соң, мен жер жүзиниң тѳрт мүйешинде турған тѳрт периштени кѳрдим. Олар жер бетине, теңизге ҳєм ҳєр бир терекке еспесин деп, жер жүзиниң тѳрт самалын услап турған еди. 2 Мен жєне шығыстан кѳтерилип киятырған, тири Кудайдың мѳрине ийе басқа бир периштени кѳрдим. Ол жерге ҳєм теңизге зыян келтириў бийлиги берилген тѳрт периштеге бєлент даўыс пенен бақырып: 3 «Бизлер Кудайымыздың хызметшилериниң маңлайларына мѳр баспағанымызша, жерге, теңизге ҳєм тереклерге зыян тийгизбеңлер!» – деди. 4 Сонда мен маңлайларына мѳр басылғанлардың саны бир жүз қырық тѳрт мың екенин еситтим. Олар Израил халқының барлық урыўларынан еди. 5 - 8 Яҳуда урыўынан он еки мың, Рубен урыўынан он еки мың, Гад урыўынан он еки мың, Ашер урыўынан он еки мың, Нафтали урыўынан он еки мың, Манасия урыўынан он еки мың, Симон урыўынан он еки мың, Лебий урыўынан он еки мың, Исаҳар урыўынан он еки мың, Зебулон урыўынан он еки мың, Юсуп урыўынан он еки мың, Бенамин урыўынан он еки мың адамға мѳр басылды. 9 Буннан соң қарасам, ҳєр түрли миллеттен, ҳєр түрли урыўдан, ҳєр түрли халықтан ҳєм ҳєр түрли тилден болған, ҳеш ким санай алмайтуғын үлкен топар тахтың ҳєм Козының алдында тур еди. Ҳєммеси ақ кийим кийген болып, қолларына хурма ағашының шақаларын услап турған еди. 10 Олар бєлент даўыс пенен: «Кутқарыў тахт үстинде отырған Кудайымыздың ҳєм Козының қолында», – деп бақырып турған еди. 11 Барлық периштелер тахтың, ақсақаллардың ҳєм тѳрт мақлуқтың дѳгерегинде турған еди. Олар тахтың алдында жерге жығылып, Кудайға табынып былай деди: 12 «Аўмийин. Алғыс, даңқ, даналық, мақтаў, ҳүрмет, күш-қүдирет мєңгиге Кудайымыздики болсын. Аўмийин». 13 Сонда ақсақаллардың бири меннен: – Ақ кийим кийген мына адамлар кимлер, олар қаяқтан келди? – деп сорады. 14 – Буны сиз билесиз, мырзам, – дедим мен. Ол маған былай деди: – Булар – аўыр азапты басынан кеширгенлер. Кийимлерин Козының қаны менен жуўып, аппақ қылғанлар. 15 Сонлықтан олар Кудайдың тахтының алдында турып, Оның Ибадатханасында күни-түни Оған хызмет етеди. Тахтта Отырған олар менен бирге болып, Ѳз панасында сақлайды. 16 Олар енди ҳеш қашан аш болмайды ҳєм шѳллемейди, қуяш ямаса жєзийрама ыссы оларды күйдирмейди. 17 Ѳйткени тахтың ортасында болған Козы олардың шопаны болып, тири суў булақларына алып барады. Кудай олардың барлық кѳз жасларын сүртип таслайды.
1 Козы бекитилген жетинши мѳрди бузып ашқанда, аспанда ярым сааттай үнсизлик орнады. 2 Сонда мен Кудайдың алдында турған жети периштени кѳрдим. Оларға жети кєрнай берилди. 3 Соңынан басқа бир периште келип, қурбанлық шалынатуғын орында турды. Оның қолында хош ийисли затларды түтетиўге арналған алтын ыдыс бар еди. Оған пүткил мухаддеслердиң дуўаларына қосып, тахтың алдындағы алтыннан исленген қурбанлық шалынатуғын орынға бағышлаў ушын, кѳп муғдарда хош ийисли затлар берилди. 4 Сонда мухаддеслердиң дуўалары менен бирге хош ийисли затлардың түтини периштениң қолынан кѳтерилип, Кудайдың алдына жетип барды. 5 Периште хош ийисли затлар салынған ыдысты алып, оны қурбанлық шалынатуғын орынның жанып турған шоғына толтырды да, жерге ылақтырып жиберди. Сонда гүлдирмама гүркиреп, гүрсилдеген даўыслар еситилди ҳєм шақмақ шағып, жер силкинди. 6 Жети периште қолларындағы жети кєрнайды шертиўге таярланды. 7 Биринши периште кєрнайын шертти. Сонда қанға араласқан буршақ ҳєм от жерге жаўды. Жер бетиниң үштен бири, тереклердиң үштен бири ҳєм жасыл шѳплердиң ҳєммеси жанып кетти. 8 Екинши периште кєрнайын шертти. Лаўлап жанған таў сыяқлы үлкен бир нєрсе теңизге ылақтырылды. Теңиздиң үштен бири қанға айланды. 9 Теңиздеги жаныўарлардың үштен бири ѳлди ҳєм кемелердиң үштен бири қыйралып қалды. 10 Үшинши периште кєрнайын шертти. Сонда аспаннан шом сыяқлы жалынлап жанған бир үлкен жулдыз дєрьялардың үштен бир бѳлегине ҳєм суў булақларының үстине түсти. 11 Бул жулдыздың аты – жуўсан. Суўлардың үштен бир бѳлеги жуўсан сыяқлы ашшы болды. Суў ашшы болғанлықтан, ишкен адамлардың кѳбиси ѳлип қалды. 12 Тѳртинши периште кєрнайын шертти. Куяштың үштен бири, айдың үштен бири ҳєм жулдызлардың үштен бири зақымланды. Олардың үштен бири қараңғыланып, күндиз ҳєм түнниң үштен бир бѳлеги жақтысыз қалды. 13 Мен соңынан қарап, аспанның ортасында ушып жүрген бир бүркиттиң бєлент даўыс пенен былай дегенин еситтим: «Ҳєсирет, ҳєсирет! Жер жүзинде жасаўшылар ҳєсирет шегеди! Себеби кєрнайларын шертетуғын қалған үш периште кєрнай шертиўге таяр тур!»
1 Бесинши периште кєрнайын шертти. Сонда мен аспаннан жерге түскен бир жулдызды кѳрдим. Оған терең туңғыйықтың аўзын ашатуғын гилт берилди. 2 Жулдыз терең туңғыйықтың аўзын ашқанда, туңғыйықтан үлкен пештиң түтининдей түтин шықты. Бул түтиннен қуяш ҳєм ҳаўа қараңғыланып кетти. 3 Түтинниң ишинен жерге шегирткелер жаўды. Оларға жердеги шаянлардың күшине уқсаған бир күш берилген еди. 4 Шегирткелерге жердеги кѳк шѳплерге, ѳсимликлерге ҳєм тереклерге зыян келтирмеў, тек маңлайларында Кудайдың мѳри жоқ адамларға ғана азап бериў буйырылды. 5 Оларға бул адамларды ѳлтирмей, тек бес ай даўамында азап бериўге рухсат етилди. Олар берген азап адамды шаян шаққандай қыйнайды. 6 Сол күнлери адамлар ѳлим излейди, бирақ таба алмайды. Ѳлиўди аңсайды, бирақ ѳлим олардан қашып кетеди. 7 Шегирткелердиң кѳриниси саўашқа таярланған атлар сыяқлы болып, басларында алтын тажларға уқсаған тажлары бар еди. Жүзлери болса, адамның жүзине уқсаған еди. 8 Шашлары ҳаялдың шашындай, тислери арысланның тисиндей еди. 9 Кѳкиреклеринде темир саўытларға уқсаған саўытлар болып, қанатларының сести саўашқа шаўып баратырған сансыз атлы арбалардың сести сыяқлы еди. 10 Шегирткелердиң шаяндикиндей қуйрықлары ҳєм ийнелери бар еди. Куйрықлары адамларға бес ай бойы азап беретуғын күшке ийе еди. 11 Олардың үстинен терең туңғыйықтың периштеси патшалық ететуғын еди. Бул периштениң еврейше аты Аббадон, ал грекше аты Аполлион еди. 12 Биринши ҳєсирет ѳтти, мине, буннан соң жєне еки ҳєсирет келмекте. 13 Алтыншы периште кєрнайын шертти. Сонда мен Кудайдың алдындағы алтыннан исленген қурбанлық шалынатуғын орынның тѳрт мүйешиндеги шақлардан шыққан бир даўысты еситтим. 14 Даўыс қолында кєрнайы бар алтыншы периштеге: «Уллы Евфрат дєрьясының жанында байлаўлы турған тѳрт периштени босатып жибер», – деди. 15 Сонда анық сол саат, сол күн, сол ай ҳєм сол жыл ушын таяр турған тѳрт периште адамлардың үштен бирин ѳлтириў ушын босатылып жиберилди. 16 Олардың атлы єскерлериниң саны еки жүз миллион екенлигин еситтим. 17 Аянымда кѳрген атлар менен атлылардың кѳриниси мынадай: атлылардың оттай қызыл, қара кѳкшил ҳєм күкирт реңли саўытлары бар еди. Атлардың баслары арысланның басына уқсаған болып, аўызларынан от, түтин ҳєм күкирт шығып турған еди. 18 Адамзаттың үштен бири усы үш бєледен: булардың аўзынан шыққан от, түтин ҳєм күкирттен ѳлди. 19 Ѳйткени атлардың күши аўызларында ҳєм қуйрықларында еди. Куйрықлары басы бар жыланлар сыяқлы болып, адамларды олар менен азаплайтуғын еди. 20 Усы бєлелерден ѳлмей қалған адамлар ѳз қоллары менен ислеген жаман ислери ушын тєўбе етпеди. Олар я кѳре, я есите, я жүре алмайтуғын алтын, гүмис, қола, тас ҳєм ағаштан исленген бутларға ҳєм жинлерге табыныўдан ўаз кешпеди. 21 Жєне де адам ѳлтириў, сыйқыршылық ислеў, жынысый бузықшылық қылыў ҳєм урлық ислеўди қойып, тєўбе етпеди.
1 Соңынан мен аспаннан түсип киятырған басқа бир күшли периштени кѳрдим. Ол бултқа оранған болып, басының үстинде радуга бар еди. Жүзи қуяшқа, аяқлары отлы сүтинге уқсаған еди. 2 Оның қолында ашылған бир китапша бар еди. Ол оң аяғын теңизге, ал сол аяғын жерге қойып, 3 арысланның ақырғанына уқсаған бєлент даўыс пенен бақырды. Ол бақырғанда, жети гүлдирмама сести гүркиреп, тилге кирди. 4 Жети гүлдирмама тилге киргенде, мен жазбақшы болып едим, бирақ аспаннан бир даўыстың: «Жети гүлдирмаманың айтқанларын жазба, оларды қупыя сақла», – дегенин еситтим. 5 Соннан кейин, бир аяғы менен теңизде, бир аяғы менен жерде турғанын ѳзим кѳрген сол периште оң қолын аспанға кѳтерди. 6 Ол аспанды ҳєм аспандағылардың ҳєммесин, жерди ҳєм жердегилердиң ҳєммесин, теңизди ҳєм теңиздегилердиң ҳєммесин жаратқан мєңги тири Кудайдың аты менен ант ишип: «Енди ўақыт қалмады. 7 Бирақ, жетинши периште кєрнайын шертетуғын күнлерде Кудайдың Ѳз хызметшилери – пайғамбарларға хабарлаған сырлы жобасы ємелге асады», – деди. 8 Ѳзим аспаннан еситкен даўыс мениң менен жєне сѳйлесе баслап: «Барып, теңизде ҳєм жерде турған периштениң қолындағы ашыўлы китапшаны ал», – деди. 9 Мен периштениң жанына барып, китапшаны маған бериўин сорадым. Периште маған: «Буны ал да, жеп қой. Ол қарныңа барғанда ашшы, ал аўзыңда пал сыяқлы татлы болады», – деди. 10 Сонда мен китапшаны периштениң қолынан алып, жеп қойдым. Ол аўзымда пал сыяқлы татлы болды, ал жутқанымнан кейин қарнымды ашытты. 11 Соңынан маған былай делинди: «Сен жєне кѳп халықлар, миллетлер, тиллер ҳєм патшалар туўралы пайғамбаршылық айтыўың тийис».
1 Соннан кейин, маған ѳлшейтуғын таяқ сыяқлы қамыс берилип, былай делинди: – Бар да, Кудайдың Ибадатханасын ҳєм қурбанлық шалынатуғын орынды ѳлшеп, сол жерде сыйынып атырғанларды санап шық. 2 Ал Ибадатхананың сыртқы ҳєўлисин ѳлшемей қалдыр. Себеби ол жер бутқа табыныўшыларға берилди. Олар мухаддес қаланы қырық еки ай даўамында аяқ асты қылады. 3 Мен Ѳзимниң еки гүўама күш беремен. Олар аза кийимин кийип, бир мың еки жүз алпыс күн пайғамбаршылық қылады. 4 Бул еки гүўа – пүткил дүньяның Ийеси Кудай алдында турған еки зєйтүн ағашын ҳєм еки шыра қойғышты билдиреди. 5 Егер ким де ким оларға зыян тийгизбекши болса, олардың аўызларынан от шығып, душпанларын күйдирип жоқ қылады. Оларға зыян тийгизбекши болғанлар усылай ѳлтириледи. 6 Бул еки гүўа ѳзлери пайғамбаршылық айтқан күнлерде жаўын жаўмасын деп, аспанды жаўып таслаў бийлигине ийе. Жєне олардың суўларды қанға айландырыўға, қанша қєлесе, жер жүзин сонша ҳєр түрли бєлелерге дуўшар етиўге де бийлиги бар. 7 Олар гүўалықларын айтып таўысқанда, терең туңғыйықтан шыққан жыртқыш ҳайўан олар менен урысады ҳєм оларды жеңип ѳлтиреди. 8 Олардың ѳлиги тымсалый түрде Содом ҳєм Мысыр деп аталатуғын уллы қаланың кѳшесинде қалдырылады. Олардың Ийеси Ийса да сол жерде атанақ ағашқа шегеленген еди. 9 Үш ярым күн барлық халықлардың, урыўлардың, тиллер ҳєм миллетлердиң адамлары олардың ѳлигине қарап, денелерин қєбирге қойыўға рухсат етпейди. 10 Жер жүзинде жасаўшылар буған қуўанып, байрам қылады ҳєм бир-бирине саўғалар жибереди. Ѳйткени бул еки пайғамбар жер жүзинде жасаўшыларға азап берген еди. 11 Бирақ үш ярым күннен соң, Кудайдан келген ѳмир деми олардың денелерине енип, екеўи де аяққа турды. Буны кѳргенлерди күшли қорқыныш бийледи. 12 Сонда еки пайғамбар аспаннан еситилген бир даўыстың ѳзлерине: «Бул жерге кѳтерилиңлер», – дегенин еситти. Олар душпанларының кѳз алдында бир булт үстинде аспанға кѳтерилип кетти. 13 Сол ўақытта-ақ күшли жер силкиниў болып, қаланың оннан бири қыйралып қалды ҳєм жети мың адам набыт болды. Ал қалған адамларды күшли қорқыныш бийлеп, аспандағы Кудайды алғыслады. 14 Екинши ҳєсирет ѳтти. Мине, үшинши ҳєсирет жақынлап келмекте. 15 Жетинши периште кєрнайын шертти. Аспаннан бєлент даўыслар еситилип: «Дүнья жүзи патшалығы Кудай Ийемиздики ҳєм Оның Масихыники болды. Ол мєңгиге патшалық етеди», – деди. 16 Кудайдың алдында ѳз тахтларында отырған жигирма тѳрт ақсақал жерге бас урып, Кудайға табынды ҳєм былай деди: 17 «Ҳємме нєрсеге қүдиретли, бар болған ҳєм ҳєзир де бар Кудай Ийемиз! Саған шүкирлик етемиз. Себеби Сен уллы қүдиретиң менен патшалық ете басладың. 18 Усы себепли, миллетлер ашыўға минген еди. Енди болса, Сениң ғєзебиң олар үстине жаўды. Ѳлилерди ҳүким етиў, Хызметшилериң болған пайғамбарларға, мухаддеслерге, яғный Сениң атыңды ҳүрмет ететуғын үлкен-кишиге сыйлық бериў ҳєм жер жүзин набыт қылыўшыларды набыт қылыў ўақтың келди». 19 Сонда Кудайдың аспандағы Ибадатханасы ашылды ҳєм Ибадатханадағы Оның Келисим сандығы кѳринди. Сол ўақытта шақмақ шағып, даўыслар ҳєм гүлдирмаманың гүркирегени еситилди. Жер силкинип, күшли буршақ жаўды.
1 Аспанда бир уллы кєраматлы белги пайда болды: қуяшқа оранған, аяқларының астында ай, басында он еки жулдызлы тажы бар бир ҳаял кѳринди. 2 Ҳаял ҳємледар еди, ол босанбақшы болып, толғақ тутып бақырмақта еди. 3 Соңынан аспанда басқа бир кєраматлы белги пайда болды: жети баслы, он шақлы, басларында жети тажы бар, үлкен қызыл айдарҳа кѳринди. 4 Айдарҳа қуйрығы менен аспандағы жулдызлардың үштен бирин сыпырып, жерге ылақтырды. Соңынан ол туўылыўдан-ақ баланы жутып жибериў ушын, туўайын деп атырған ҳаялдың алдында турып алды. 5 Ҳаял ул туўды. Бул бала барлық миллетлерди темир таяқ пенен басқарады. Бала дєрҳал Кудайға, Кудайдың тахтына алып келинди. 6 Ал ҳаял шѳлге қашып кетти. Ол жерде ҳаялдың бир мың еки жүз алпыс күн бағылыўы ушын, Кудай тєрепинен таярланған бир орын бар еди. 7 Аспанда саўаш басланды. Бас периште Михаил ҳєм оның периштелери айдарҳаға қарсы урысты. Айдарҳа да ѳз периштелери менен оларға қарсы урысса да, 8 күши жетпей жеңилип қалып, аспандағы орынларынан айырылды. 9 Үлкен айдарҳа, єзєзүл ямаса шайтан деп аталған, пүткил дүньяны жолдан азғырған ески жылан периштелери менен бирликте жерге ылақтырылды. 10 Сонда мен аспанда бєлент бир даўыстың былай дегенин еситтим: «Кудайымыздың қутқарыўы, қүдирети, патшалығы ҳєм Масихының ҳүкимдарлығы енди орнады. Ѳйткени туўысқанларымыздың айыплаўшысы, Оларды Кудайымыздың алдында күни-түни айыплаған шайтан жерге ылақтырылды. 11 Туўысқанларымыз Козының қаны менен ҳєм ѳзлери айтқан гүўалықлары менен оны жеңди. Бул ушын олар ѳз жанларын ѳлимге қыйды. 12 Сонлықтан, ҳєй, аспан ҳєм онда жасаўшылар шадланыңлар! Ал жер ҳєм теңиз сизлер ҳєсирет шегесизлер! Себеби шайтан қєҳєрли түрде үстилериңизге түсти. Ол ѳз ўақтының аз қалғанын биледи». 13 Айдарҳа ѳзиниң жерге ылақтырылғанын кѳргенде, ул бала туўған ҳаялдың изинен қуўа кетти. 14 Ҳаялдың жыланнан шѳлдеги ѳзи ушын арналған жерге ушып кетиўи ушын, оған үлкен бир бүркиттиң еки қанаты берилди. Ҳаял ол жерде үш ярым жыл бағылыўы лазым еди. 15 Сонда жылан ҳаялды сел менен ығызып жибериў ушын, аўзынан оның изинен дєрьядай суў ағызды. 16 Бирақ жер аўзын ашты да, айдарҳаның аўзынан ағызған суўын жутып жиберип, ҳаялға жєрдем етти. 17 Сонда айдарҳа ҳаялға қарсы қєҳєрленди. Ол ҳаял нєсилинен болған басқалар менен, яғный Кудайдың буйрықларын орынлап, Ийса Масихтың гүўалығына садық қалғанлар менен урысыўға атланды. 18 Айдарҳа теңиз жағасында турып алды.
1 Соңынан мен он шақлы, жети баслы бир жыртқыш ҳайўанның теңизден шығып киятырғанын кѳрдим. Оның шақларында он таж болып, басларында Кудайға тил тийгизиўши атлар жазылған еди. 2 Мен кѳрген жыртқыш ҳайўан қапланға уқсаған еди. Оның аяқлары айыўдың аяғындай, аўзы арысланның аўзындай еди. Айдарҳа оған ѳз қүдирети ҳєм тахты менен бирликте үлкен бийлик те берди. 3 Жыртқыш ҳайўанның басларының бири ѳлимши ҳалда жарақатланғандай болып кѳринди. Деген менен, бул жарақат жазылып кетти. Сонда пүткил дүнья таң қалып, жыртқыш ҳайўанның изине ерип кетти. 4 Адамлар жыртқыш ҳайўанға бийлик берген айдарҳаға сыйынды. Олар жыртқыш ҳайўанға да сыйынып: «Бул жыртқыш ҳайўанға ким тең келе алады? Оның менен ким урыса алады?» – деди. 5 Ѳзин мақтап, Кудайға тил тийгизетуғын сѳзлер айтыў ушын жыртқыш ҳайўанға аўыз берилди. Ол жєне қырық еки ай даўамында жүргизетуғын бийлик алды. 6 Кудайға, Оның аты менен мєканына ҳєм аспанда жасаўшыларға тил тийгизиў ушын, жыртқыш ҳайўан аўзын ашып сѳйлей баслады. 7 Оған мухаддеслерге қарсы урысып, оларды жеңиўге күш берилди. Ол ҳєр бир урыў, ҳєр бир халық, ҳєр бир тил ҳєм ҳєр бир миллет үстинен бийликке ийе болды. 8 Дүньяға тийисли адамлардың ҳєммеси, дүнья жаратылғаннан бери баўызланған Козының Ѳмир китабында аты жазылмаған ҳєр бир адам жыртқыш ҳайўанға сыйынды. 9 Кулағы бар мыналарды еситип алсын: 10 «Кимниң тєғдирине тутқын болыў жазылса, Ол тутқынға түседи. Кимниң тєғдирине қылыш пенен ѳлтирилиў жазылса, Ол қылыш пенен ѳлтириледи». Сол ўақытта мухаддеслердиң сабыр етип, исениўи керек болады. 11 Буннан соң, мен жерден шығып киятырған басқа бир жыртқыш ҳайўанды кѳрдим. Оның қозыникиндей еки мүйизи болып, ол айдарҳа сыяқлы сѳйлейтуғын еди. 12 Бул жыртқыш ҳайўан биринши жыртқыш ҳайўанның пүткил бийлиги менен ол ушын ҳєрекет етти. Жер жүзин ҳєм онда жасайтуғынларды ѳлимши ҳалдағы жарақаты жазылған биринши жыртқыш ҳайўанға сыйыныўға мєжбүрледи. 13 Ол үлкен кєраматлар ислеп, ҳєтте, адамлардың кѳз алдында аспаннан жерге от та жаўдырды. 14 Биринши жыртқыш ҳайўан ушын, ол ѳзине ислеўге рухсат етилген кєраматлар арқалы жер жүзинде жасайтуғынларды жолдан азғырды. Ол адамларға қылыштан жараланған, бирақ тири қалған биринши жыртқыш ҳайўанның ҳүрметине оның бутын соғыўды буйырды. 15 Биринши жыртқыш ҳайўанның буты тилге кирип, ѳзине табынбағанлардың ҳєммесин ѳлтириўди буйырсын деп, оған биринши жыртқыш ҳайўанның бутына жан бериў ушын қүдирет берилди. 16 Ол ҳєр бир адамды: үлкен-кишини, бай-жарлыны, азат-қулды оң қолына ямаса маңлайына тамға бастыртыўға мєжбүрледи. 17 Солай етип, ким де ким усы тамғаға, яғный биринши жыртқыш ҳайўанның атына ямаса атының санына ийе болмаса, бир нєрсе сатып ала алмайды да, сата алмайды да. 18 Бул даналықты талап етеди. Ақылы жеткен адам ҳайўанның санын есаплап шықсын. Ѳйткени бул – адамның саны. Оның саны алты жүз алпыс алты.
1 Соңынан қарап, Козының Сион таўының үстинде турғанын кѳрдим. Козы менен бирликте маңлайларында Козының ҳєм Оның Єкесиниң аты жазылған бир жүз қырық тѳрт мың адам бар еди. 2 Аспаннан сарқырап аққан суўдың сестиндей, күшли гүлдирмама даўысындай бир сес еситтим. Мен еситкен бул сес тарлы єсбап шертиўшилердиң шығарған сестине уқсаған еди. 3 Усы бир жүз қырық тѳрт мың адам тахтың, тѳрт мақлуқтың ҳєм ақсақаллардың алдында жаңа бир қосық айтып турған еди. Гүналарының қуны ѳтелип, жер жүзинен сатып алынған усы адамлардан басқа ҳеш ким бул қосықты үйрене алмас еди. 4 Булар – Ийемизге садық қалып, бутларға табынбаған пєк адамлар еди. Козы қаяққа барса, олар Оның изине ереди. Олар Кудайдың ҳєм Козының туңғышлары болып, адамлар арасынан сатып алынғанлар. 5 Аўызларынан жалған сѳз шықпаған олар – минсиз адамлар. 6 Буннан соң, мен аспанның ортасында ушып жүрген басқа бир периштени кѳрдим. Бул периште жер жүзинде жасаўшыларға: ҳєр бир миллет ҳєм урыўға, ҳєр бир тил ҳєм халыққа жєрияланатуғын мєңги Хош Хабарға ийе еди. 7 Ол бєлент даўыс пенен: «Кудайдан қорқыңлар! Оны алғыслаңлар! Оның ҳүким ететуғын ўақты келди. Аспанды, жерди, теңизди ҳєм суў булақларын Жаратқанға сыйыныңлар!» – деди. 8 Оның изинен киятырған екинши периште былай деди: «Кулады! Ѳз бузықшылығының күшли шарабын барлық миллетлерге ишкизип, оларды азғырған уллы Бабилон қулады!» 9 Екеўиниң изинен киятырған үшинши периште бєлент даўыс пенен былай деди: «Ким де ким биринши жыртқыш ҳайўанға ҳєм оның мүсинине табынып, маңлайына ямаса қолына оның тамғасын қабыл етсе, 10 ол Кудайдың қєҳєрли ғєзеп кесесинде таярланған Кудайдың ғєзебиниң күшли шарабынан ишеди. Мухаддес периштелердиң ҳєм Козының алдында от ҳєм жанып турған күкирттен азап шегеди. 11 Оларға азап беретуғын оттың түтини шексиз бурқырап турады. Биринши жыртқыш ҳайўанға ҳєм оның мүсинине табынып, атының тамғасын қабыл еткенлер күни-түни тынышлық кѳрмейди. 12 Сол ўақытта Кудайдың буйрықларын орынлап, Ийсаға деген исенимине садық қалған мухаддеслердиң сабырлығы керек болады». 13 Сонда аспаннан бир даўыс маған: «Мынаны жазып қой: буннан былай, Ийемизге садық қалып, жанын қыйғанлар қандай бахытлы!» – деди. «Аўа, олар мийнетлериниң рєҳєтин кѳреди. Себеби ислеген ислериниң жемиси олардан айырылмайды», – дейди Мухаддес Руўх. 14 Соңынан мен қарап, бир ақ бултты кѳрдим. Булттың үстинде басында алтын тажы, қолында ѳткир орағы бар, Адам Улына уқсаған Биреў отыр еди. 15 Ибадатханадан шыққан басқа бир периште булттың үстинде Отырғанға бєлент даўыс пенен бақырып: «Орағыңды салып, ор! Орыў ўақты келди. Ѳйткени жердиң зүрєєти писип жетилисти», – деди. 16 Булттың үстинде отырған орағын жерге силтеди ҳєм жердиң зүрєєти орылды. 17 Аспандағы Ибадатханадан басқа бир периште шықты. Оның да ѳткир орағы бар еди. 18 Ал от үстинен бийликке ийе басқа бир периште қурбанлық шалынатуғын орыннан шығып, ѳткир орақлыға бєлент даўыс пенен: «Ѳткир орағыңды иске сал! Жердеги жүзим ағашынан солқымларды жыйна. Себеби жүзим писти», – деди. 19 Периште орағын жерге силтеп, жердеги жүзимниң зүрєєтин жыйнап алды. Оны Кудайдың ғєзебиниң үлкен искенжесине ылақтырды. 20 Жүзим жемислери қаланың сыртындағы искенжеде сығылды. Искенжеден аққан қан үш жүз шақырым жерге дейин барды ҳєм атлардың жүўенлерине шекем кѳтерилди.
1 Мен аспанда жєне уллы ҳєм таң қаларлық басқа бир белги кѳрдим. Бул – қолында соңғы жети бєле бар жети периште еди. Ѳйткени усы бєлелер менен Кудайдың ғєзеби жуўмақланатуғын еди. 2 Сонда от аралас шийше теңиз сыяқлы бир нєрсени кѳрдим. Ҳайўанның, оның мүсининиң ҳєм атының саны үстинен жеңиске ерискенлер қолларына Кудайдың берген тарлы єсбапларын алып, шийше теңиздиң үстинде турған еди. 3 Олар Кудайдың хызметшиси Муўсаның ҳєм Козының қосығын айтып турған еди: «Ҳємме нєрсеге қүдиретли Кудай Ийе, Сениң ислериң уллы ҳєм єжайып, О, миллетлер Патшасы! Сениң жолларың ҳақыйқат ҳєм єдил. 4 Ийем, Сеннен қорқпайтуғын, атыңды алғысламайтуғын ким бар? Себеби тек жалғыз Сен ғана мухаддессең. Пүткил миллетлер келип, Сениң алдыңда табынады. Ѳйткени Сениң єдил ислериң аян болды». 5 Буннан соң мен қарап, аспандағы Ибадатхананың, яғный Гүўалық шатырының ашылғанын кѳрдим. 6 Колында жети бєле бар жети периште жарқыраған аппақ кийим кийип, кѳкиреклерине алтын ѳңирше байлап, Ибадатханадан шықты. 7 Тѳрт мақлуқтың бири жети периштеге мєңгиге жасаўшы Кудайдың қєҳєрли ғєзебине толы жети алтын кесе берди. 8 Ибадатхана Кудайдың уллылығының ҳєм қүдиретиниң түтини менен толып кетти. Жети периштениң жети бєлеси тамамланбағанша, ҳеш ким Ибадатханаға кире алмады.
1 Соңынан мен Ибадатханадан шыққан бир бєлент даўыстың жети периштеге: «Барыңлар! Кудайдың ғєзебине толы жети кесени жерге тѳгиңлер!» – дегенин еситтим. 2 Сонда биринши периште барып, кесени жерге тѳкти. Биринши жыртқыш ҳайўанның тамғасына ийе болып, оның мүсинине табынатуғынлардың үстинде азап бериўши жеркенишли жаралар пайда болды. 3 Екинши периште кесесин теңизге тѳкти. Теңиз ѳлиниң қанына уқсайтуғын қанға айланып, теңиздеги пүткил тиришилик набыт болды. 4 Үшинши периште кесесин дєрьяларға ҳєм суў булақларына тѳкти. Олар да қанға айланды. 5 Суўлар үстинен ҳєкимлик ететуғын периштениң былай дегенин еситтим: «Ҳєзир бар ҳєм бурыннан бар болған мухаддес Кудайымыз! Сениң шығарған бул ҳүкимлериң єдил. 6 Мухаддеслердиң ҳєм пайғамбарлардың қанын тѳккени ушын, Сен оларға қан ишкиздиң. Буған олар ылайықлы». 7 Сонда мен қурбанлық шалынатуғын орыннан шыққан бир даўыстың былай дегенин еситтим: «Аўа, ҳємме нєрсеге қүдиретли Кудай Ийемиз, Сениң ҳүкимлериң туўры ҳєм єдил». 8 Тѳртинши периште кесесин қуяшқа тѳкти. Сонлықтан қуяшқа адамларды от пенен күйдириў күши берилди. 9 Адамларды күшли ҳєўир күйдирип жиберди. Олар тєўбе етпеди ҳєм усы бєлелердиң үстинен бийликке ийе болған Кудайды алғысламай, Оның атына тил тийгизди. 10 Бесинши периште кесесин жыртқыш ҳайўанның тахты үстине тѳкти. Жыртқыш ҳайўанның патшалығы тас түнек болып қалды. Адамлар азапқа шыдамай, тиллерин тиследи. 11 Бирақ олар жаман ис-ҳєрекетлери ушын тєўбе етпей, кѳрип атырған азаплары ҳєм жаралары себепли, аспандағы Кудайға тил тийгизди. 12 Алтыншы периште кесесин уллы Евфрат дєрьясына тѳкти. Күншығыстан келетуғын патшаларға жол таярлаў ушын, дєрьяның суўы қурып қалды. 13 Буннан соң, мен айдарҳаның, жыртқыш ҳайўанның ҳєм жалған пайғамбардың аўзынан шыққан қурбақаларға уқсайтуғын үш жаўыз руўхты кѳрдим. 14 Бул руўхлар – кєраматлар ислейтуғын жинлердиң руўхлары еди. Олар ҳємме нєрсеге қүдиретли Кудайдың уллы күнинде болатуғын саўашқа пүткил дүньяның патшаларын жыйнаў ушын атланды. 15 «Мине, Мен уры сыяқлы күтилмегенде келемен! Жалаңаш болып жүрип, уятқа қалмаўы ушын үстиндеги кийимлерин сақлап, сергек турғанлар қандай бахытлы!» – (деди Ийемиз Ийса). 16 Үш жаўыз руўх еврейше «Армагедон» деп аталатуғын жерге патшаларды жыйнады. 17 Жетинши периште кесесин ҳаўаға тѳкти. Ибадатханадағы тахттан шыққан бєлент бир даўыс: «Орынланды», – деди. 18 Сонда шақмақ шағып, гүрсилдеген даўыслар еситилди ҳєм гүлдирмама гүркиреп, күшли жер силкиниў болды. Адамзат жер жүзинде пайда болғалы берли, бундай күшли жер силкиниў ҳеш қашан болған емес. 19 Уллы қала үшке бѳлинип қулады. Миллетлердиң қалалары да қыйралып қалды. Кудай уллы Бабилонды ядында сақлап, Ѳзиниң қєҳєрли ғєзебиниң шарабы толы кесени оған ишиў ушын берди. 20 Барлық атаўлар орнынан кѳшип, таўлар жоқ болып кетти. 21 Аспаннан адамлардың үстине ҳєр бир данасы батпандай күшли буршақ жаўды. Буршақ соншелли қорқынышлы болып, адамлар усы бєле ушын Кудайға тил тийгизди.
1 Жети кесеси бар жети периштениң бири жақынлап келди де, мениң менен сѳйлесе баслап былай деди: – Берман кел, мен саған кѳп суўлардың үстинде отырған уллы бузық ҳаялдың қандай жазаға тартылатуғынын кѳрсетемен. 2 Дүнья патшалары оның менен бузықшылық ислеген еди. Жер жүзинде жасаўшылар оның бузықшылығының шарабына мєс болған еди. 3 Соңынан периште мени Мухаддес Руўхтың басқарыўында шѳлге алып барды. Ол жерде мен жети баслы, он шақлы, үсти Кудайға тил тийгизетуғын атларға толы, жыртқыш қызыл ҳайўанның үстинде отырған бир ҳаялды кѳрдим. 4 Ҳаял қызғылт кѳк ҳєм қымбатлы қызыл липаслар кийип, алтын, ҳасыл таслар ҳєм ҳинжилер менен безенген еди. Оның қолында жеркенишли нєрселерге ҳєм бузықшылығының ҳарамылықларына толы алтын кесе бар еди. 5 Ал маңлайына болса: «УЛЛЫ БАБИЛОН, ДҮНЬЯНЫЊ БУЗЫКЛАРЫНЫЊ ҲЄМ ЖЕРКЕНИШЛИ НЄРСЕЛЕРИНИЊ АНАСЫ», – деген сырлы ат жазылған еди. 6 Ҳаялдың мухаддеслердиң ҳєм Ийса ҳаққында гүўалық берип ѳлгенлердиң қанына мєс екенин кѳрдим. Буны кѳрип, мен қатты таң қалдым. 7 Периште маған былай деди: – Неге таң қалып турсаң? Мен саған ҳаялдың ҳєм оны кѳтерип жүрген жети баслы, он шақлы жыртқыш ҳайўанның сырын ашып беремен. 8 Сен кѳрген жыртқыш ҳайўан бурын бар еди, бирақ ҳєзир жоқ. Бираздан соң, ол терең туңғыйықтан шығып, набыт болады. Дүнья жаратылғаннан бери атлары Ѳмир китабында жазылмаған жер жүзинде жасаўшылар жыртқыш ҳайўанды кѳргенде ҳайран қалады. Себеби бул ҳайўан бир ўақытлары бар еди, енди жоқ, бирақ жєне келеди. 9 Буны түсиниў ушын даналық керек. Жети бас – ҳаял үстинде отырған жети таўды ҳєм жети патшаны билдиреди. 10 Булардың бесеўи қулады, биреўи бар, басқасы еле келмеди. Ол келеди, бирақ узақ ўақыт турмайды. 11 Бурын бар болған, бирақ енди жоқ жыртқыш ҳайўанның ѳзи сегизинши патша. Алдыңғы жети патшаның бири болған ол набыт болады. 12 Сен кѳрген он шақ еле патшалық етпеген он патша. Бирақ булар жыртқыш ҳайўан менен бирликте аз ўақыт патшалық етиў ушын бийлик алады. 13 Бул патшалар бир нийетке ийе болып, күшлерин ҳєм бийлигин жыртқыш ҳайўанға береди. 14 Олар Козыға қарсы урысады, бирақ Козы оларды жеңеди. Ѳйткени Козы – ҳүкимдарлар Ҳүкимдары ҳєм патшалар Патшасы. Оның менен бирге болғанлар – шақырылғанлар, таңланғанлар ҳєм Оған садық қалғанлар. 15 Соңынан периште маған былай деди: – Мына сен кѳрген суўлар, яғный үстинде бузық ҳаял отырған суўлар – халықлар, аламанлар, миллетлер ҳєм тиллер. 16 Сен кѳрген он шақ ҳєм жыртқыш ҳайўан бузық ҳаялды жек кѳрип, оның ҳємме нєрсесин талан-тараж етеди ҳєм оны тыр жалаңаш қалдырады. Оның етин жеп, ѳзин отқа жандырады. 17 Себеби Кудай Ѳзиниң еркин орынлаў ушын, олардың кеўиллерине усы нийетти салған еди. Солай етип, Кудайдың сѳзлери орынланыўға дейин олар ѳз ара келисип, патшалықларын жыртқыш ҳайўанға береди. 18 Сен кѳрген ҳаял – дүнья патшаларының үстинен ҳєкимлик ететуғын уллы қала.
1 Буннан соң, мен күшли бийликке ийе басқа бир периштениң аспаннан түскенин кѳрдим. Оның салтанатынан дүнья жүзи жарқырап кетти. 2 Периште қатты даўыслап былай деди: «Кулады! Уллы Бабилон қулады! Ол енди жинлердиң мєканы, Ҳєр түрли жаўыз руўхлардың ордасы, Ҳєр қыйлы ҳарам ҳєм жеркенишли қуслардың уясы болды. 3 Ѳйткени барлық миллетлер оның бузықшылығының күшли шарабын ишти. Дүньяның патшалары оның менен бирге бузықшылық иследи. Дүньяның саўдагерлери де оның асып-тасқан молшылығынан байып кетти». 4 Сонда мен аспаннан басқа бир даўыс еситтим. Бул даўыс былай деди: «Ҳєй, халқым! Оның гүналарына шерик болып, Ол дуўшар болған бєлелерге дуўшар болмаўың ушын, оннан шығып кет! 5 Себеби оның гүналары үсти-үстине жыйналып, аспанға жетти, Кудай оның жаман ислерин ядында сақлады. 6 Бабилон сизлерге не қылған болса, оған соны қайтарыңлар. Ислеген ислерин еки есе етип қайтарыңлар, Ѳзи араластырып таярлаған шараптан еки есе толтырып, оған бериңлер. 7 Ол қаншама сєн-салтанатқа ҳєм молшылыққа бѳленген болса, оған соншама қайғы-ҳєсирет бериңлер. Ѳйткени ол ѳз кеўлинде: „Мен ҳаял патша болып, тахтта отырман, жесир емеспен. Ҳеш қашан қайғы кѳрмеймен“, – дейди. 8 Сонлықтан ол ѳлим, қайғы ҳєм ашлық бєлелерине бир күнниң ишинде дуўшар болады, ол отта жанып күл болады. Себеби оны ҳүким қылыўшы Кудай Ийемиз қүдиретли». 9 Оның менен бирге бузықшылық ислеп, оның асып-тасқан молшылығын бѳлискен дүньяның патшалары ол жанып атырған оттың түтинин кѳргенде, оны азалап жылайды. 10 Олар оның шегип атырған азабынан қорқып, узақта турып: «Ўай-ўай, уллы қала, күшли қала Бабилон! Аз ўақыт ишинде ҳүким етилдиң-ғо», – дейди. 11 Дүньяның саўдагерлери де ол ушын жылап, аза тутады. Ѳйткени олардың буйымларын сатып алатуғын енди ҳеш ким жоқ. 12 Олар алтын, гүмис, ҳасыл таслар, ҳинжи, баҳалы гезлеме, жипек, қызғылт кѳк ҳєм қырмызы гезлемелерди, ҳєр түрли хош ийисли ағашларды, пил сүйегинен исленген затларды, қымбат баҳалы ағашлардан исленген нєрселерди, қола, темир ҳєм мєрмерден исленген ҳєр қыйлы буйымларды, 13 дємли қабық, мазалы дєм беретуғын нєрселерди, хош ийисли түтеткилерди, єтир май, єтир, шарап, зєйтүн майы, сапалы ун ҳєм бийдай, ири қара мал ҳєм қойлар, атлар ҳєм арбалар, қулларды, жєне де адам жанын сататуғын ҳєм сатып алатуғын еди. 14 Олар жєне: «Жаның сүйген мийўелер қолыңнан кетти. Пүткил байлығың ҳєм кѳзди қамастыратуғын затларың жоқ болды. Енди оларды ҳеш қашан таба алмайсаң», – дейди. 15 Бабилонда усы нєрселерди сатып, байып кеткен саўдагерлер қаланың шеккен азабынан қорқынышқа түседи ҳєм узақта турып, жылап аза тутады. 16 Олар былай дейди: «Ўай, ўай, уллы қала! Баҳалы гезлеме, қызғылт кѳк ҳєм қырмызы липаслар кийген, алтын, ҳасыл таслар ҳєм ҳинжилер менен безенген уллы қала! 17 Усындай үлкен байлық аз ўақыт ишинде жоқ болды». Барлық кеме басшылары, кеме жолаўшылары, кемеде ислейтуғынлар ҳєм теңизден күн кѳретуғынлардың ҳєммеси узақта турып, 18 ол жанған оттың түтинин кѳргенде: «Усы уллы қалаға тең келетуғын қала бар ма?» – деп дад салды. 19 Басларына күл шашты, аза тутып жылап, былай деп бақырысты: «Ўай, ўай, уллы қала! Теңиз кемелерине ийе болғанлардың ҳєммеси ол себепли, оның қымбат баҳалы буйымлары себепли байыған еди. Деген менен, қала аз ўақыт ишинде ўайран болды. 20 Куўаныңлар Бабилонның аўҳалына, Ҳєй аспан, мухаддеслер, елшилер ҳєм пайғамбарлар! Себеби Кудай оны ҳүким етип, сизлер ушын ѳш алды». 21 Соңынан бир күшли периште үлкен дигирман тасына уқсайтуғын бир тасты кѳтерип, теңизге ылақтырды да, былай деди: «Уллы қала Бабилон! Минекей, ол усындай күш пенен ылақтырылып, мєңгиге жоқ болады. 22 Ендигиден былай, сенде тарлы єсбап шертиўшилердиң, қосықшылардың, сырнай ҳєм кєрнай шертиўшилердиң даўыслары ҳеш қашан еситилмейди. Сенде қайтып ҳеш бир ѳнердиң устасы табылмайды, дигирманның даўысы ҳеш қашан еситилмейди. 23 Сенде буннан былай шыра жақтысы болмайды. Келин-күйеў сеслери ҳеш қашан еситилмейди. Ѳйткени саўдагерлериң дүньяда атақлы адамлар болып, пүткил миллетлер сениң сыйқыршылығың менен азғырылған еди. 24 Жєне де, пайғамбарлардың, мухаддеслердиң ҳєм жер жүзинде ѳлтирилгенлердиң ҳєммесиниң қаны сеннен табылған еди».
1 Буннан соң, мен аспанда кѳп санлы аламанның даўысына уқсаған бєлент даўысларды еситтим. Олар былай деди: «Ҳалилуйя! Кутқарыў, уллылық ҳєм қүдирет Кудайымызға тийисли. 2 Себеби Оның ҳүкимлери туўры ҳєм єдил. Ол жер жүзин бузықшылығы менен ҳарамлаған уллы бузық ҳаялды ҳүким етип, Ѳз хызметшилериниң қаны ушын оннан ѳш алды». 3 Олар жєне даўыслап былай деди: «Ҳалилуйя! Бузық ҳаялдың жанған отының түтини мєңгиге бурқырап турады». 4 Сонда жигирма тѳрт ақсақал ҳєм тѳрт мақлуқ жерге жығылып: «Аўмийин! Ҳалилуйя!» – деди де, тахт үстинде отырған Кудайға табынды. 5 Соңынан тахттан шыққан бир даўыс былай деди: «Ҳєй, Кудайымыздың барлық хызметшилери! Оннан қорқыўшы үлкен-киши ҳєммеңиз, Оны алғыслаңлар!» 6 Соң мен үлкен аламанның даўысына, сарқырап аққан суўлардың шуўылдысына ҳєм күшли гүлдирмаманың гүркирегенине уқсаған даўысты еситтим. Сол даўыс былай деди: «Ҳалилуйя! Ѳйткени ҳємме нєрсеге қүдиретли Кудай Ийемиз патшалық етеди. 7 Шадланып, кеўил кѳтерейик! Оны даңққа бѳлейик! Себеби Козының неке тойы басланажақ, Оның қалыңлығы ѳзин таярлады. 8 Оған кийиў ушын, Таза, жарқыраған аппақ кѳйлек берилди». Таза, аппақ кѳйлек – мухаддеслердиң ҳақ ислерин билдиреди. 9 Сонда периште маған: – Былай деп жаз: «Козының неке тойына шақырылғанлар қандай бахытлы!» – деди. Ол жєне: – Бул сѳзлер – Кудайдың ҳақыйқат сѳзлери, – деди. 10 Мен оған табыныў ушын, аяқларына жығылдым. Бирақ ол маған былай деди: – Бундай қыла гѳрме! Мен де сен ҳєм Ийсаның гүўалығына ийе туўысқанларың сыяқлы, Кудайдың хызметшисимен. Кудайға табын! Ѳйткени Ийсаның гүўалығы – Мухаддес Руўх тєрепинен илҳамландырылған пайғамбаршылық сѳзлериниң тийкары, – деди. 11 Буннан соң, мен аспанның ашылғанын кѳрдим. Ол жерде бир ақ ат турған болып, атқа Мингенниң аты Садық ҳєм Ҳақыйқат еди. Ол єдиллик пенен ҳүким шығарып, саўаш жүргизеди. 12 Оның кѳзлери лаўлап жанған отқа уқсаған болып, ал басында болса кѳп санлы таж бар еди. Онда Ѳзинен басқа ҳеш ким билмейтуғын бир ат жазылған еди. 13 Ол қанға боялған кийим кийген болып, Оның аты – Кудайдың Сѳзи еди. 14 Таза ҳєм аппақ кийим кийген аспан лєшкерлери ақ атларға минип, Оның изинен киятыр еди. 15 Оның аўзынан ѳткир қылыш шығып турған болып, Ол сол қылыш пенен миллетлерди ѳлтиреди. Оларды темир таяқ пенен басқарады ҳєм ҳємме нєрсеге қүдиретли Кудайдың қєҳєрли ғєзебиниң шарабын сығып шығаратуғын искенжени Ѳзи басады. 16 Оның кийиминде ҳєм санында: «ПАТШАЛАР ПАТШАСЫ ҲЄМ ҲҮКИМДАРЛАР ҲҮКИМДАРЫ», деген ат жазылған еди. 17 - 18 Соңынан мен қуяшта турған бир периштени кѳрдим. Ол бєлент даўыс пенен бақырып, аспанда ушып жүрген барлық қусларға былай деди: «Патшалардың, єскербасылардың ҳєм күшли адамлардың, атлардың ҳєм атқа мингенлердиң, азат-қуллардың, үлкен-киши ҳєммениң ѳлигиниң етин жеў ушын бир жерге жыйналып, Кудайдың уллы зыяпатына келиңлер». 19 Сонда мен жыртқыш ҳайўанды, дүнья патшаларын ҳєм олардың лєшкерлерин кѳрдим. Олар атта Отырған менен ҳєм Оның лєшкерлери менен урысыў ушын бир жерге жыйналған еди. 20 Жыртқыш ҳайўан ҳєм оның алдында кєраматлар ислеген жалған пайғамбар қолға алынды. Жыртқыш ҳайўанның тамғасын қабыл етип, оның мүсинине табынғанларды ѳз кєраматлары менен азғырған – усы жалған пайғамбар еди. Олардың екеўи де күкирт жанған от кѳлине тирилей ылақтырылды. 21 Ал қалғанлар атта Отырғанның аўзынан шыққан қылыш пенен ѳлтирилди. Барлық қуслар олардың ѳлигиниң етин жеп тойды.
1 Соң мен қолында терең туңғыйықтың гилти ҳєм үлкен шынжыры бар бир периштениң аспаннан түскенин кѳрдим. 2 Периште айдарҳаны, яғный єзєзүл ҳєм шайтан деп аталған сол ески жыланды тутып, мың жылға байлап таслады. 3 Мың жыл тамам болмағанша, миллетлерди енди азғырмасын деп, оны терең туңғыйыққа ылақтырып жиберди. Ол жерди жаўып, аўзын мѳрлеп таслады. Мың жыл ѳткеннен соң, ол қысқа мүддетке босатылыўы тийис. 4 Соңынан мен тахтларды ҳєм оларда отырғанларды кѳрдим. Оларға ҳүким етиў бийлиги берилген еди. Ийсаның гүўалығы ҳєм Кудайдың сѳзи ушын басы кесилгенлердиң жанларын да кѳрдим. Булар жыртқыш ҳайўанға ҳєм оның мүсинине табынбаған, маңлайларына ҳєм қолларына жыртқыш ҳайўанның тамғасын бастырмаған еди. Олар тирилип, Масих пенен бирге мың жыл патшалық етти. 5 Бул – биринши қайта тирилиў. Калған ѳлилер мың жыл тамам болмағанша тирилмеди. 6 Биринши қайта тирилиўде қатнасқанлар бахытлы ҳєм мухаддес. Екинши ѳлимниң булар үстинен ҳеш қандай бийлиги жоқ. Олар Кудайдың ҳєм Масихтың руўханийлери болып, Оның менен бирликте мың жыл патшалық етеди. 7 Мың жыл ѳткеннен соң, шайтан қамалған жеринен азат етиледи. 8 Жер жүзиниң тѳрт мүйешиндеги миллетлерди, Гог ҳєм Магогты азғырып, оларды саўашқа жыйнаў ушын, ол қамақтан шығады. Олардың саны теңиздиң қумы сыяқлы сан-санақсыз болады. 9 Олар жер жүзин басып ѳтип, мухаддеслердиң мєканы болған Кудайдың сүйикли қаласын қоршап алды. Бирақ аспаннан от жаўып, оларды күйдирип, жоқ қылып жиберди. 10 Ал оларды азғырған шайтан от ҳєм күкирт кѳлине ылақтырылды. Бурын сол жерге жыртқыш ҳайўан ҳєм жалған пайғамбар да ылақтырылған еди. Олар күни-түни, мєңгиге азап шегеди. 11 Сонда мен бир уллы ақ тахтты ҳєм тахтта Отырғанды кѳрдим. Жер ҳєм аспан Оның жүзинен қашып, жоқ болып кетти. 12 Тахттың алдында турған үлкен-киши ѳлилерди де кѳрдим. Соңынан бир китаплар ашылды. Басқа бир китап та ашылды, бул – Ѳмир китабы еди. Ѳлилер китапларда жазылғанлар бойынша, ѳз ислерине қарай ҳүким етилди. 13 Теңиз ѳзинде болған ѳлилерди, ѳлим ҳєм ѳлилер мєканы да ѳзлеринде болған ѳлилерди шығарып берди. Ҳєр бири ѳз ислерине қарай ҳүким етилди. 14 Ѳлим ҳєм ѳлилер мєканы от кѳлине ылақтырылды. Бул от кѳли – екинши ѳлим. 15 Атлары Ѳмир китабында жазылмағанлардың ҳєммеси от кѳлине ылақтырылды.
1 Буннан соң, мен жаңа аспан менен жаңа жерди кѳрдим. Себеби бурынғы аспан ҳєм бурынғы жер жоқ болып кеткен еди. Енди теңиз де жоқ еди. 2 Жєне мен аспаннан, Кудайдың жанынан түсип киятырған мухаддес қала – жаңа Ерусалимди кѳрдим. Ол ѳз күйеўи ушын таярланып безенген келин сыяқлы еди. 3 Сонда тахттан шыққан бир бєлент даўыстың былай дегенин еситтим: «Мине, Кудайдың мєканы адамлар арасында. Кудай да олардың арасында жасайды. Олар Кудайдың халқы болады, Кудайдың Ѳзи де олардың Кудайы болып, олар менен бирге жасайды. 4 Кудай олардың барлық кѳз жасларын сүртип таслайды. Енди ѳлим де, қайғы да, жылаў да, азап та болмайды. Ѳйткени бурынғылар ѳтип кетти». 5 Тахтта Отырған: – Енди ҳєммесин жаңалайман, – деди. Ол жєне маған: – Мынаны жаз: себеби бул сѳзлер исенимли ҳєм ҳақыйқат, – деди. 6 Соңынан Ол маған былай деди: – Орынланды. Мен – Альфа ҳєм Омегаман, биринши ҳєм соңғыман. Шѳллеген адамға ѳмир суўының булақларынан ешейин суў беремен. 7 Жеңип шыққан усыларды мийрас етип алады. Мен оның Кудайы боламан, ол Маған перзент болады. 8 Бирақ қорқақлар, исенбейтуғынлар, ҳарамылар, адам ѳлтириўшилер, бузықлар, сыйқыршылар, бутпаразлар ҳєм барлық ѳтирикшилердиң орны – күкирт жанған от кѳли болады. Бул – екинши ѳлим. 9 Соңынан ақырғы жети бєлеге толы жети кесеси бар жети периштениң бири жаныма келип: – Берман кел. Мен саған Козының қалыңлығын кѳрсетемен. Ол Козының болажақ келиншеги, – деди. 10 Периште мени Мухаддес Руўхтың басқарыўында үлкен ҳєм бийик бир таўға кѳтерди. Ол жерден маған аспаннан, Кудайдың жанынан түсип киятырған мухаддес қала Ерусалимди кѳрсетти. 11 Кала Кудайдың салтанатына ийе еди. Ол ҳасыл тас сыяқлы, кристаллдай мѳлдир яспис тасы сыяқлы жарқырап тур еди. 12 Каланың үлкен ҳєм бийик дийўаллары болып, он еки дєрўазасы бар еди. Дєрўазаларды он еки периште қараўыллайтуғын еди. Дєрўазаларға Израилдың он еки урыўының атлары жазылған еди. 13 Шығыста үш дєрўаза, арқада үш дєрўаза, қублада үш дєрўаза, батыста үш дєрўаза бар еди. 14 Каланың дийўаллары он еки тийкар тасқа ийе болып, оларда Козының он еки елшисиниң атлары жазылған еди. 15 Мениң менен сѳйлескен периштениң қолында қаланы ҳєм қаланың дєрўазалары менен дийўалларын ѳлшеў ушын, ѳлшейтуғын алтын таяқ бар еди. 16 Кала тѳрт мүйеш тєризинде болып, узынлығы менен ени бирдей еди. Периште қаланы ѳлшейтуғын таяқ пенен ѳлшегенде, узынлығы, ени ҳєм бийиклиги бирдей болып, ҳєр бир тєрепи еки мың еки жүз шақырым болып шықты. 17 Периште дийўалларды да ѳлшеп шықты. Адамның ѳлшеми бойынша, дийўаллардың бийиклиги алпыс бес метр болып шықты. 18 Дийўаллар яспис тасынан, ал қала мѳлдир шийше сыяқлы, сап алтыннан салынған еди. 19 Кала дийўалларының тийкар таслары ҳєр түрли ҳасыл таслар менен безелген еди. Биринши тийкар тасы яспис, екиншиси кѳк сапфир, үшиншиси халкидон, тѳртиншиси жасыл зумрат, 20 бесиншиси ала сардоникс, алтыншысы сардолик, жетиншиси сары яқыт, сегизиншиси кѳк зумрат, тоғызыншысы сары топаз, оныншысы сары зумрат, он бириншиси кѳк яқыт, он екиншиси қызғылт кѳк аметист. 21 Он еки дєрўаза он еки ҳинжи, яғный ҳєр бир дєрўаза бир ҳинжиден соғылған еди. Каланың кѳшеси мѳлдир шийше сыяқлы сап алтыннан еди. 22 Мен қалада Ибадатхана кѳрмедим. Ѳйткени ҳємме нєрсеге қүдиретли Кудай Ийемиз ҳєм Козы қаланың Ибадатханасы еди. 23 Каланы жақтыландырыў ушын қуяштың ямаса айдың кереги жоқ еди. Себеби Кудайдың салтанаты оны жақтыландырып туратуғын еди. Ал Козы оның шырасы еди. 24 Миллетлер қаланың жақтысында жүреди. Дүнья патшалары ѳз даңқ-салтанатын ол жерге алып келеди. 25 Каланың дєрўазалары ҳєр қашан ашық турады, ѳйткени ол жерде ҳеш қашан түн болмайды. 26 Адамлар ѳз миллетиниң даңқ-салтанатын ҳєм абырайын ол жерге алып келеди. 27 Оған ҳеш қандай ҳарам нєрсе, жеркенишли ҳєм жалған ислер ислеген ҳеш ким ҳеш қашан кирмейди. Тек атлары Козының Ѳмир китабында жазылғанлар ғана киреди.
1 Сонда периште маған кристалл сыяқлы жылтыраған ѳмир суўының дєрьясын кѳрсетти. Бул дєрья Кудайдың ҳєм Козының тахтынан шығып, 2 қаланың кең кѳшесиниң ортасы бойлап ағып тур еди. Дєрьяның еки тєрепинде ҳєр айда он еки түрли мийўе берип туратуғын ѳмир тереги бар еди. Теректиң жапырақлары болса, миллетлердиң шыпа алыўы ушын арналған еди. 3 Енди ҳеш қандай ғарғыс болмайды. Кудайдың ҳєм Козының тахты қаланың ишинде болады. Ал хызметшилери Оған хызмет етеди. 4 Олар Кудайдың жүзин кѳреди, маңлайларына Оның аты жазылады. 5 Енди түн болмайды. Я шыра жақтысының, я қуяш жақтысының кереги болмайды. Себеби Кудай Ийемиздиң Ѳзи оларға жақты болады ҳєм олар мєңгиге патшалық етеди. 6 Соңынан периште маған былай деди: – Бул сѳзлер – исенимли ҳєм ҳақыйқат. Ѳз пайғамбарларына Руўхын берген Кудай Ийемиз жақын арада болыўы тийис ўақыяларды хызметшилерине билдириў ушын, Ѳз периштесин жиберди. 7 «Мине, Мен жылдам келемен! Бул китаптың пайғамбаршылық сѳзлерин орынлайтуғын адам қандай бахытлы!» – дейди Ийемиз Ийса. 8 Мен – усыларды еситкен ҳєм кѳрген Юханман. Буларды еситип ҳєм кѳргенимде, усыларды маған кѳрсеткен периштеге табыныў ушын, оның аяқларына жығылдым. 9 Бирақ ол маған: – Бундай қыла гѳрме! Мен де сен, пайғамбар болған туўысқанларың ҳєм бул китаптың сѳзлерин орынлайтуғынлар сыяқлы, Кудайдың хызметшисимен. Кудайға табын, – деди. 10 Соңынан ол маған былай деди: – Бул китаптың пайғамбаршылық сѳзлерин мѳрлеп таслама. Ѳйткени ўақыт жақын қалды. 11 Жаманлық қылатуғын адам жєне де жаманлық қылыўды даўам етсин. Ҳарам болған адам ҳарам исин даўам етсин. Ҳақ болған адам жєне де ҳақ ислер ислей берсин. Мухаддес болған адам мухаддес болып қалсын. 12 Ийемиз Ийса былай дейди: «Мине, Мен жылдам келемен! Беретуғын сыйым Ѳзим менен бирге. Ҳєр бир адамға ислерине қарай қайтараман. 13 Мен – Альфа ҳєм Омегаман, биринши ҳєм соңғыман, басы ҳєм ақырыман. 14 Ѳмир терегинен жеўге ҳуқық алыў ушын ҳєм қалаға дєрўаза арқалы кириў ушын кийимлерин жуўғанлар қандай бахытлы! 15 Ийтлер – сыйқыршылар, неке ҳадаллығын бузыўшылар, адам ѳлтириўшилер, бутқа табыныўшылар, ѳтирикти жақсы кѳрип, жалған ислерди ислеўшилердиң ҳєммеси сыртта қалады. 16 Мен, Ийса, исениўши жємєєтлердеги сизлерге бул гүўалықты жеткизсин деп, Ѳз периштемди жибердим. Мен – Даўыттың тийкары ҳєм урпағы, жақты таң жулдызыман». 17 Мухаддес Руўх ҳєм келин: «Кел!» дейди. Еситкен ҳєр бир адам: «Кел!» десин. Шѳллеген адам келсин, қєлеген адам ѳмир суўынан ешейин алсын. 18 Бул китаптағы пайғамбаршылық сѳзлерин еситкен ҳєр бир адамды ескертип атырман: егер ким де ким бул сѳзлерге бир нєрсе қосса, Кудай да оны бул китапларда жазылған бєлелерге дуўшар етеди. 19 Егер ким де ким бул пайғамбаршылық китабының сѳзлеринен бир нєрсе алып тасласа, Кудай да оны бул китапта жазылған ѳмир терегинен ҳєм мухаддес қаладан үлессиз қалдырады. 20 Буларды гүўалық етип айтқан Ийемиз: «Аўа, Мен жылдам келемен», – дейди. Аўмийин! Келе гѳр, Ийем Ийса! 21 Ийемиз Ийсаның мийрими ҳєммеңизге яр болсын! Аўмийин.